Аборт
Ден саўлықты сақлаў бойынша дүньяжүзлик шөлкем дүнья жүзинде ҳәр жылы шама менен 40-50 миллион баланы аборт қылатуғынын хабарлайды. Бул пүткил жер жүзи бойынша ҳәр күни шама менен 125 000 бала аборт қылынатуғынын билдиреди.
Сораў: Соншелли тарқалған, соншелли белгили болған нәрсениң неси жаман болыўы мүмкин? Егер бизлердиң досларымыз, қоңсыларымыз ҳәм елдиң басшысы буны машқала деп есапламайтуғын болса, бизлер не ушын оны машқала деп есаплаўымыз керек?
Бул сораўға жуўап бериў ушын, бизлер басқа сораў бериўимиз керек: «Адам өмири қашан басланады? Басқаша айтқанда, ана қурсағындағы хәмиле адам болып есаплана ма?
Мухаддес Китапта «аборт» сөзи ушыраспайды.
Бирақ …
- Ески Келисим ески еврей тилинде жазылған. Шығыў 21:22 де ана қурсағындағы ҳәмилени билдириў ушын, балаларға қолланылатуғын сол ески еврей сөзи қолланылады.
Ески Келисим грекше жазылған. Елшилердиң ислери 7:19 да фараонның буйрығы менен өлтирилген нәрестелер ҳәм Лука 1:41, 44 деги еле туўылмаған Шомылдырыўшы Яқыя туўралы айтылғанда, бирдей грек сөзи қолланылады.
Мухаддес Китапта қурсақтағы ҳәмиле менен туўылған балалар арасына айырмашылық қойылмайды.
- Ийшая, Еремия ҳәм Павел айтқан үш сөзде бирдей мәнис бар: Ийшая 49:1 Жаратқан Ийе мени ана қурсағында болған
ўақтымда-ақ шақырды. Анамның ишинде ўақтымда-ақ атап атымды қойды.
Еремия 1:5 Мен сени жатырда пайда етпесимнен алдын таныдым, қурсақтан шықпасыңнан алдын сени таңладым. Галатиялыларға 1:15 Бирақ мени анамның қарнында болғанымда-ақ таңлап …
Бул жерде қалай айтылған? Мен анамның қурсағында болғанымда-ақ белгисиз бир нәрсе емес, ал «мен» («мени») болдым. Зат емес. Адам баласы болыўдан алдынғы, қандай да бир түйиршик емес еди.
Бул аятларда Қудай ҳәмилеге адам статустын береди, өйткени Ол туўылыў жүз беремен дегенге шекем күтип турмайды. Ол усы өмирге байланыслы Өз еркин билдирип, адам баласы еле ана қурсағында болғанда-ақ, оның шақырығы қандай екенин айтады.
- Забур 138:13 Сен мениң жан-тәнимди жараттың,
Анамның қурсағында мени дөреттиң.
Өзи туўралы айтқан ўақытта бул жерде жеке алмасықларды қолланып, Даўыт ҳәмилени адам сыпатында айтады. Аўа, Даўыт еле қурсақта раўажланып атырған болса да, бирақ ол соған қарамастан адам болды. Бизлер еле туўылмай турып-ақ, Қудай бизлер менен әлле қашан сөйлесип, бизлерге жеке ғамхорлық көрсетеди.
- Забур 50:7 Мине, гүнакар болып туўылғанман,
Анамның қарнында-ақ гүнакар едим.
Бул әҳмийетли үзиндиде ҳәмилениң адамыйлық тәбияты туўралы айтылады. Өйткени адамлар ҳәм периштелер гүна себепли айыплы болыўы мүмкин. Тек егер ҳәмиле адам болса ғана, Даўытта бул жерде тилге алынған гүна болыўы мүмкин. Бул аятта тек Даўыт туўралы айтылған болса да, ол ҳәмме адамларға тийисли.
- Лука еле анасының қурсағында жатырған Шомылдырыўшы Яқыяның ҳәмиледар Мәриям келген ўақыттағы реакциясын (тәсирленгенин) сүўретлейди.
Мине, сениң сәлем берген даўысың қулағыма жеткенде, ишимдеги нәресте қуўаныштан тыпырлап қоя берди. Лука 1:44
Адам болып есапланбаған тоқымалардың бир бөлеги «қуўаныштан тыпырлай алмайды». Ал адам баласы бундай қыла алады.
- Ҳәмилениң адам екени туўралы Мухаддес Китаптағы ең әҳмийетли силтеме – бул Ийсаның адам болыўы болып табылады. Матта 1:20 да периште Юсупке Мәриямның ҳәмиледарлығын былай түсиндиреди: Оның ишиндеги Баласы Мухаддес Руўхтан.
Бул жерде таңлаў қылыў керек. Я Мәриямның ҳәмилеси пайда болған ўақтынан баслап-ақ адам, яғный Ийса болды, я Ийса тарийхтағы аз ўақыт даўамында адамға уқсамайтуғын тоқыманың бир бөлеги болды.
Таңлаў анық. Үшбирликтиң екиншиси адамға айланды. Филиплилерге 2:7 де айтылғанындай, Ийса адам болып туўылып, адам көринисинде келди.
Ийса ҳеш қашан адамға уқсамайтуғын жағдайда болған жоқ. Егер ҳәмиле адам болмайтуғын болса, Ийса Өзиниң адам денесинде пайда болыўында ҳәмилениң раўажланыў басқышынан өтиўи ақылға сыймайтуғын нәрсе.
Бул аятлар ҳәмилениң адам сыпатындағы статусын исенерли дәрежеде көрсетеди.
Бирақ аборт қылдырыўды жақлаўшылар өзлерин қорғаў ушын қолланатуғын Мухаддес Китаптағы еки аят туўралы не айтыўға болады?
- Жаратылыс 2:7 де былай делинген:
Соңынан Қудай Ийе жердиң топырағынан адамды жаратып, оның мурнына өмир демин үпледи. Солай етип, адам тири жан болды.
Бул аят адамның өмири биринши демнен басланатуғыны туўралы пикирди тастыйықлаў ушын қолланылады. Сонлықтан нәресте дем алыўды басламаса, ол еле адам болмады ҳәм оны өлтириўге болады.
Бундай көз қарас исенимсиз, өйткени бул аятта биринши адамның жаратылыўы ҳақкындағы айрықша жағдай сөз етилген. Ол тарийхта бир мәртебе ғана болған ҳәм қайтып тәкирарланбаған еди. Оны келеси әўладларға қолланыўға болмайды.
- Шығыў 21:22, 23 те былай делинген:
Биреўлер төбелесип атырып, бир ҳəмиледар ҳаялды урып алса ҳəм ҳаял шала туўып қойса, бирақ басқа зыян көрмесе, онда зыян жеткизген адам ҳаялдың күйеўи талап қылған ҳəм қазылар белгилеген муғдарда қун төлесин. Ал егер басқа зыян жеткизилген болса, жанға жан, көзге көз, тиске тис, қолға қол, аяққа аяқ алынып, күйик ушын күйдирилип, жарақат ушын жарақат салынып, көгерген ушын көгертилсин.
Бул жерде аборт ҳеш ақланбайды. Себеби ҳәмиледар ҳаялға тосаттан зақым бериледи ҳәм ол тосаттан берилген болса да, бул ушын жаза бериледи.
Абортты жақлаўшы басқа қандай дәлиллер бар?
Бала алдырыў ямаса түсириўди жақлаўшылар ҳаял өз денесинде болып атырғанларды қадағалаўға барынша мүмкиншиликке ийе болыўы керек, деп есаплайды. Адам аборт қылдырыўдың әдеп-икрамлық тәрепи туўралы не ойласа да, ол улыўма мәп ушын анық ҳәм туўрыдан-туўры қәўипке ийе деп тастыйықлаўға болмайды. Не ушын басқалар ҳаялдың денесинде не болып атырғанын шешиўи керек? Олар өз ислери менен шуғыллансын.
Жуўап:
Ҳәмиле адам баласы болып табылады, деп белгиленди. Оның жоқ қылыў адам өлтириў болып табылады.
Дәлил:
Бизлер Мухаддес Китапта жазылған сөзлер тийкарланып бул қатал ҳәм қыйын дүньяда күшли физикалық бузылыўлар менен ҳәм бәлким, ақыл-еси кемис адамды туўыўымызға арзыйды, дегенге исенимиңиз кәмил ме? /яғный бул қатал ҳәм қурамалы дүньяға күшли физикалық бузылыўлары ҳәм бәлким ақылый кемис адамды алып келиўге арзый ма
Мухаддес Жазыўда өмир мухаддес, деп айтылған, бирақ дыққат өмирдиң сыпатына қаратылады. Ондай жағдайда, медицинадағы раўажланыўды есапқа алған ҳалда, қатты бузылған ҳәмилениң өсиўин тоқтатыў шешимин әдеп-икрамсызлықтың жүзеге шығыўы сыпатында емес, ал жетилискен әдеп-икрамлылық сыпатында қараўға болмайды емес пе?
Буннан тысқары, ҳәзир ҳәмиледе Даун кеселин анықлаўға болады ҳәм көп адамлар бул диагноз туўралы билгенде, баланы алдырып таслаўды шешеди.
Жуўап:
Ақыл-еси кемис балалардың ата-аналары жәмлескен ҳеш бир шөлкем абортты қоллап-қуўатламайды. Ийемизди көбирек алғыслаў ушын, «кемис» бала Қудайдың бир семьяға берген туўрыдан-туўры сыйы болыўы мүмкин. Имканиятлары шекленген бир бала ата-анасын усындай балалар ушын үй қурыўға жигерлендирди, нәтийжеде көп ибадатларға жуўап алынды ҳәм көп семьялар жарылқанды.
Дәлил:
«Мен ден саўлықты сақлаў, және де, мысалы: балалардың санының жүдә көп болыўы, туўылыў жасының арасындағы аралықтың бир-бирине жүдә жақын болыў сыяқлы себеплерге байланыслы абортты рухсат еткен болар едим. Мен абортты бала социальлық себеплерге байланыслы, яғный ана өмирине қатты қәўип туўғызыўы мүмкин болғанда рухсат еткен болар едим. Мен экономикалық себеплерге байланыслы бала жарлылықтың дәрежесин жоқарылатыўы мүмкин болғанда ямаса финанслық аўырманлық себепли семьясы оны, жақсы көрмегенде аборт қылыўды рухсат еткен болар едим».
Жуўап:
Егер ҳәмиле адам болмаса, бул себеплерди тийкарға ийе деп есаплаўға болады. Бирақ ҳәмиле адам болғанлықтан, оның өмирин сақлаў, ол семьяға аўырманлық болғанына қарағанда жоқарырақ абырайға ийе.
Дәлил:
Егер ананың өмири қәўип астында болса, бала алдырыў ямаса түсириў рухсат етилиўи керек.
Жуўап:
Бундай дәлил менен жүдә абайлы болыў керек. Айырым адамлар баланың туўылыўы ананың шектен тыс стресске түсиўине алып келеди, деп тастыйықлайды. Бирақ жағдайға ҳақыйқый көз қарас пенен қараса, ананың өмири ҳеш қандай қәўип астында емес екенин анық көрсетеди.
Сийрек жағдайларда, я ана, ямаса бала өлетуғыны анық болса, биреўиниң есабынан биреўин қутқарыў – бул аборт емес, ал өмирди қутқарыў болып табылады. Аборт деп аталатуғын адам өлтириў де тек нийет гүнакар болғанда ғана жүз береди. Өмирди қутқарыўды гүна қатарына киргизиўге болмайды. Сонлықтан бул жағдай аборт атамасы менен аталмайды.
Жуўмақ:
Абортты жақлаўшылардың дәлиллерин есите отырып, турақлылықты жойтыў аңсат. Ата-ана физикалық кемислиги бар бала тәрбиясы бойынша жуўапкершиликтен қутылады ямаса ҳаялларға өз денесин бийлик етиўге ҳуқық бериледи, я болмаса жарлы семья бир адамнан қутылады, деген олардың дәлиллери жаны ашырлықтың ҳәм гуманизмниң жүзеге шыққанындай болып көринеди.
Ал бундай ийгиликли ҳәрекетлерден жүз бурыўшы исениўшилер болса, жаўыз болып көринеди. Деген менен, Мухаддес Китапта исениўшиге еле де ийгиликлирек болған мақсет – өмирди сақлап қалыў бериледи.
Ҳәмиле адам баласы болып табылады. Исениўши ҳәмилениң жасаўға деген ҳуқықын қорғаўы тийис.
Ал аборт ислеген ҳаялларға не айтыў керек?
Төрт нәрсени айтыў керек:
- Кеширим:
Юханның 1-хаты 1:7б Оның Улы Ийсаның қаны бизлерди ҳәр қандай гүнадан тазалайды.
Юханның 1-хаты 1:9 Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды.
Забур 31:5
Сонда гүнамды алдыңда мойынладым, Айыбымды жасырмай, былай дедим: «Жаратқан Ийениң алдында қылмысымды тəн аламан». Ал Сен айып-гүналарымды кеширдиң.
Бул ая тларда әжайып ўәде бериледи. Аборт ислеў гүна болды ма? Аўа. Аборт ислеткенлер (ямаса оны жақлағанлар) үмитке ийе емес дегенди билдире ме? ЯҚ! Масийхта ҳақыйқый, толық, терең, мәңгилик кеширим алыўға болады. Масийх бизиң гүналарымыз ушын, соның ишинде аборт ушын да өлди. Тек Ол ғана усына алатуғын ҳәм бизлерге бериўди қәлейтуғын қутқарылыўды алың.
Солай етип, Масийх Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай ҳүким жоқ. Римлилерге 8:1
Бизлер Ийсаны гүналарымыздан Қутқарыўшы қылып қабыл етсек, шыпа таўып баслаймыз. Масийхқа исениң, Оған өзиңизди исенип тапсырың. Ол усынған қутқарылыўды қабыл етиң.
- Қайғы:
Аборт ислеткен ҳаялларға адамар жәмийети қоятуғын дузаққа қараң. Оларға өзлеринде пайда болған жаңа өмир бул өмир емес, дейди. Сонлықтан усындай ҳаяллардың қайғы шегиўге ҳақысы жоқ, себеби қайғыратуғын ҳеш нәрсе жоқ. Олардың денесинен керек емес гөшти зорлық пенен алып таслады, бул жерде ҳеш нәрсе ойлаўдың кереги жоқ, жасаўды даўам ете бериң. ҳеш қандай нормаль қайғыға ҳуқық жоқ. Сиз ҳеш нәрсени жойтпадыңыз.
Бул жаўызлық, мийримсизлик ҳәм адамгершиликке тән емес.
Ҳақыйқат ҳақыйқат болып қала береди: қайғы – бул әпиўайы жағдай. Қайғы зәрүр. «Ийса өлимнен кейинги қайғының шыпалаўшы әҳмийетин билди. Ол: – „Оны қай жерге қойдыңлар“ – деп сорап (Юхан 11:34), Ол Лазардың өлиминен соң Мәриям ҳәм Марта менен бирге жылаған еди.
Ийса олар менен бирге қәбирге қуры еске түсириў ушын емес, ал Қудайдың даңқын көрсетиў ушын барды. Аборттан кейин де, Ол бизлер менен бирге жүреди. Ол бизлерге усындай жоғалтыўлар ўақтында Қудайды табыўға ҳәм ҳақыйқатқа жүзбе-жүз келип, қайғыны басып өтиўге жәрдем береди».
- Ўәделер:
Аборт ислетилген бала өли. Бирақ ол жоқ қылынбаған. Ол аспанда.
Аюп 3:1 де Аюптың кейпияты жаман:
Ақыры Аюп тилге кирип, өзиниң дүньяға келген күнин нəлетледи.
Келеси аятларда ол өз қайғысын төгип салады:
Аюп 3:16, 17 Ямаса не ушын өли туўылған бөпе сыяқлы,
Күн нурын көрмеген нəресте сыяқлы көмилмедим?
Ол нени нәзерде тутады? Аюп егер өзи түсик болғанда жақсы болатуғынын айтады. Егер де ол өли туўылғанда, оның бул өмир қыйыншылықларына дуўшар болыўына туўра келмеген болар еди. Буның орнына, ол дәрҳал-ақ тынышлық алған мәканына өткен болар еди. Тынышлық – бул аспан.
Туўылмастан бурын өлетуғын ҳәмиле (өли туўылған ямаса аборт ислетилген) дәрриў аспанға барады. Бул алдырылғаны ямаса түсирилгени себепли набыт болған балаға берилген қандай әжайып ўәде! Соншелли дәрежеде қайғылы болып басланған нәрсениң жақсы жуўмағы жоқ.
- Жәрдем:
Келиңлер, өмирди таңлаған ҳаялларды мақтайық. Бирақ ҳәрекет те ислеп көрейик. Дуўа етиўден баслаған жақсы. Олар бийбаҳа, зәрүр ҳәм нәтийжели. Бирақ және де, балаларға қараў, жигерлендириў, дана кеңес, қаржылай жәрдем бериў ҳәм басқа да әмелде жәрдем бериў сыяқлы стрессти азайтатуғын ҳәм аўырманлықты жеңиллететуғын анық ҳәрекетлер де зәрүр. Келиңлер, өмирди таңлаған аналарды сыйлықлайық.
_____________________________________________________
Келиңлер, дүньяның қай жеринде адамлар өз ҳуқықларын бәрқулла ҳәм бәлент даўыс пенен жәриялағанда, өмирге ийе болыў ҳуқықынан басқа ажыралмас ҳуқық жоқ екенин түсинейик. Келиңлер, туўылмаған нәрестелер тәрепинде турып, оларға өзлеримиз қолланған туўылыў ҳуқықын берейик. Биреў сизиң қоллап-қуўатлаўыңыз себепли өмирге ийе болыў мүмкиншилигин алғанын билгениңиздесиз сезген сезимнен күшлирек сезим жоқ.