Рак Кеселиңизди Босқа Жибермең
Мен усы мақаладан гөре ден саўлықтың төменлеў барысынан басқа ҲЕШ НӘРСЕНИҢ маған жәрдем бергенин улыўма көрмедим.
Бул мениң дыққатымды Масийхқа қаратыўыма жәрдем берип, ҳаўа-райының тәсири астында қалыўымнан азат қылды.
Илтимас, есиңизде сақлаң, ол өзиниң рак кеселлиги менен гүреси ҳаққында
бөлисип атыр.
Ҳәзир сизиң машқалаңыз рак емес шығар.
Усы жазбаны оқып, «рак» деген сөзге келгениңизде, илтимас, бүгин ден
саўлығыңызға байланыслы өзиңиз гүресип атырған қандай да аўырыў болса,
соны орнына қойып оқың.
Буны және қайталап айтып өтейин:
Ол өзиниң рак пенен гүресип атырғаны ҳаққында айтып берип атыр. «Рак»
деген сөзге келгениңизде, тек ғана ден саўлығыңызға байланыслы өзиңиз
гүресип атырған қандай да аўырыў болса, соны орнына қойып оқың./
Қудай жарылқасын!
Рак Кеселиңизди Босқа Жибермең
Өмириңиздеги бул қыйыншылықты Қудай 10 түрли жол менен қолланады. Джон
Пайпер
Мен буны простата операциясы алдынан жазып атырман. Мен Қудайдың
кәрамат жолы менен де, медицина жолы менен де шыпа
беретуғын күш-қүдиретине исенемен. Еки тәреплеме шыпа сорап, дуўа етиў дурыс ҳәм
жақсы деп исенемен. Рак Қудай тәрепинен шыпаланғанда, бул босқа
кетпейди. Қудай даңққа бөлененди, соның ушын да рак кеселлиги бар.
Сонлықтан шыпа алыў ушын дуўа етпеў – рактың қуры босқа кетиўине жол
қойылыўға алып келеди. Деген менен, ҳәммеге шыпа бериў Қудайдың жобасы емес.
Ракты қуры босқа жибериўдиң басқа да көплеген жоллары бар. Мен өзим ушын ҳәм
сиз ушын дуўа етип атырман, солай етип, бизлер бул аўырыўды босқа
жиберип қоймайық.
1 Егер сиз буны Қудайдың сиз ушын арнап қойғанына исенбесеңиз, онда сиз
өз рак кеселиңизди босқа жиберип қоясыз.
Қудай бизлердиң ракымызды тек ғана қолланады, деп айтыўға болмайды, ал
оны жобаластырмайды да. Қудай не нәрсеге жол қойса, соған себеп болғаны
ушын жол қояды.
Бул себеп болса, Оның жобасы. Егер Қудай бактерия молекулаларының
раўажланыўы рак болып атырғанын алдыннан көрсе, Ол буны тоқтата алады,
ямаса тоқтатпайды. Егер Ол тоқтатпаса, онда Оның мақсети бар. Ол шексиз
дана болғаны ушын, бул мақсетин жоба деп атаўымыз дурыс болады. Шайтан
шынында бар, ол көп рәҳәтликти ҳәм азапларды алып келеди. Бирақ ол
шекленип қалмайды. Шайтан Аюбты жаралар менен қаплады (Аюб 2:7), Аюб
буны Қудай қылды деп есаплады (2:10) ҳәм буған руўхланған жазыўшы
келисим берип: „Олар Жаратқан Ийениң басына салған барлық сынақлары ушын
Аюпқа кеўил айтты ҳәм тәселле берди“ (Аюб 42:11). Егер сиз рак
кеселлигиңиздиң Қудай тәрепинен жобаластырылғанына исенбесеңиз, онда сиз
буны босқа жиберип қоясыз. /
2 Егер сиз ракты нәлет себепли болды, ал бул сый емес, деп исенсеңиз,
онда буны қуры босқа жиберип қоясыз.
„Солай етип, Масих Ийсаға тийисли болғанларға қарсы енди ҳеш қандай
ҳүким жоқ“ (Рим 8:1). „Масих бизлерди Мухаддес Нызамның нәлетинен
қутқарды“ (Гал 3:13). „Яқыптың урпағына қарсы жорыўшылық жоқ, Израилға
қарсы палкерлик қылынбас“ (Сан 23:23). „Қудай Ийе – қуяш ҳәм қалқандур,
Ол мийрим ҳәм даңқ берер, Минсиз жүргенлерден жақсылықты аямас“ (Заб
83:12). /
3 Егер сиз Қудайдан емес, ал өз мүмкиншиликлериңизден жубаныш
излесеңиз, онда сиз рак кеселиңизди қуры босқа жиберип қоясыз.
Сиздеги рак бойынша Қудайдың жобасы, сизиң пикириңизди өсириўге ямаса
мүмкиншиликлериңизди көриўиңизге жәрдем берип, үйретиў ушын емес. Дүньядағы адамлар өз мүмкиншиликлеринен жубаныш алады. Масийхыйлар емес.
Базылар саўаш арбаларға (аман қалыў пайызын есаплап),
Базылар атларға исенеди (шыпа
алыў тәсири тәрепин есаплап),
Бизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң атын шақырамыз (Заб 19:8).
2Кор 1:9-аятта Қудайдың жобасы анық түсиникли:
„Ишимизден өзимизди өлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул
өзлеримизге емес, ал өлилерди тирилтетуғын Қудайға сүйениўимиз ушын
болды“.
Сизиң рак кеселиңиздеги Қудайдың мақсети (басқа да жақсы мыңлаған
нәрселердиң ишиндеги) бизлердиң Оған сүйениўимиз ушын жүрегимиздиң
төриндеги өзимизге деген сүйениўимизди алып таслаў есапланады.
4 Егер сиз өлим ҳаққында ой-пикирден бас тартсаңыз, онда сиз рак
кеселиңизди қуры босқа жиберип қоясыз.
Егер Ийса қайта келиўин кейинге қалдырса, бизлер ҳәммемиз де өлемиз.
Бул өмирден кетиў қандай болар екен ҳәм Қудай менен ушырасыў ақмақлық
деп ойламаң. Ўазшы 7:2-аятта былай айтылады „Той берип атырған үйге
барғаннан, Жоқлаў айтылып атырған үйге барған жақсырақ. Ҳәммениң өмири
өлим менен жуўмақланады. Адам тири ўақтында буны жүректе сақласын“. Егер
сиз бул ҳаққында ойламасаңыз, онда қалайынша буны жүрегиңизге киргизип
қоясыз? Забур 89:12-аятта былай айтылады: „Дана жүрекке ийе болыўымыз
ушын, Өмиримиздиң күнлерин санаўды үйрет“.
Күнлерди санаў өмиримиздың қаншелли қысқа екенлигин ҳәм бул тез арада
таўысылатуғынын аңлатады. Егер сиз буннан бас тартсаңыз, онда сиз
қалайынша дана жүрекке ийе бола аласыз? Егер өлим ҳаққында ойламасақ,
онда бизлер нени қолдан бос жиберемиз?
5 Егер сиз ракты „жеңиў“ Масийхты қәдирлеў емес, ал тири қалыўды
аңлатады деп ойласаңыз, онда сиз рак кеселиңизди қуры босқа жиберип
қоясыз.
Шайтанның ҳәм Қудайдың сизиң рак кеселиңиз мәселесинде жобасы бирдей емес.
Шайтан сизиң Масийхқа болған сүйиспеншилигиңизди жоқ қылыўды
жобаластырады. Қудай сизиң Масийхқа деген сүйиспеншилигиңизди тереңлестириўди жобаластырады. Егер сиз өлсеңиз рак сизди жеңгени емес. Егер сиз
Масийхты қәдирлемесеңиз, онда ол жеңгени болады.
Қудайдың жобасы сизди бул дүньяның көкирегинен шығарып алып, Масийхтың
толықлылығына әкелип, той бериў. Буның мәниси сизге былай айтыўға ҳәм
сезиниўиңизге жәрдем бериў: „Аўа, мен ҳәмме нәрсени Ийем Масийх Ийсаны
билиўдиң артықмашылығы алдында пайдасыз деп есаплайман“. Сонлықтан мынаны
билиў әҳмийетли: „Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масих, ал өлим утыс
демек“ (Филип 3:8; 1:21).
6 Егер сиз көп ўақтыңызды рак туўралы оқыўды өткерип, Қудай ҳаққында
оқыўға ўақтыңызды бөлмесеңиз, онда сиз рак кеселиңизди қуры босқа
жиберип қоясыз.
Рак ҳаққында билиў қәте нәрсе емес. Наданлық ийги қәсийет емес. Бирақ
еледе көбирек, және көбирек билиўге урыныў ҳәм Қудайды еледе көбирек жақыннан
билиўдиң жетиспеўшилиги – бул исенимсизликтиң белгиси болады. Бул дегени
өз сезимимизди алдыға қойып, буйрықты артқа шығарып таслаўды аңлатады,
„Келиңлер, Жаратқан Ийени билиўге умтылайық, Оны билиўге ғайрат салайық“
(Ҳош 6:3). Бул Даниел айтқан шынлықты билиўимизге түртки салады
11:32 „Ал Қудайға садық қалғанлар болса, бар күши менен оған қарсылық
көрсетеди“.
Бул бизлерден сынбайтуғын, бузылмайтуғын емен ағашын ислеп шығарады,
дегенди билдиреди: „Ал ол Жаратқан Ийениң көрсетпелеринен рәҳәтленер,
Күни-түни көрсетпелериниң үстинде ой жуўыртар“ (Заб 1:2). Егер бизлер
Қудай ҳаққында емес, ал рак ҳаққында күни-түни оқыйтуғын болсақ ракты
усылай босқа жиберип қоямыз.
7 Егер аўырыўыңыздың сизди терең сүйиспеншиликли қарым-қатнастың
орнына, өзиңизди жалғызлатыўына жол қойсаңыз, онда сиз рак кеселиңизди
қуры босқа жиберип қоясыз.
Епафродит Филип жәмәәти жиберген саўғаны Павелге алып келгенде, ол
аўырып қалған еди ҳәм айтарлықтай өлим ҳалатында болды. Павел
филиплилерге былай деген еди: „Өйткени ол ҳәммеңизди сағынып атыр ҳәм
оның аўырып қалғаны ҳаққында хабар тапқаныңыз себепли, қатты уўайымлады“
(Филип 2:26-27). Қандай әжайып жуўап болды! Бул жерде оның аўырғаны ушын
олар уўайым шекти деп атырған жоқ, ал ол олардың еситкени ушын
уўайымлады, деп айтылған.
Бул Қудайдан берилген жүректиң бир түри, рак пенен дүзилген мақсет:
адамларға деген мийрим ҳәм ғамхорлық еткен жүрек. Өзиңизге шегиниўге жол
қойып, ракты қуры босқа жиберип қоймаң.
8 Егер сиз мақсети жоқ адамлардай қайғыға батсаңыз, онда сиз рак
кеселиңизди қуры босқа жиберип қоясыз.
Павел бул айтылған сөзди өзлериниң сүйген жақынынан айырылғанларға
байланыслы қолланды: „Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар
сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң
хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз“ (1Сол 4:13). Өлим ушын қайғыланыў бар.
Ҳәттеки, исениўши қайтыс болғанда да, ўақтынша жоғалтыў болып, денеден
айырылыўын, артынан қалған адамлардың жақсы көрген адамынан айырылыўын ҳәм
жердеги хызметтен кетиўин айтып өтсек болады.
Бирақ қайғы ҳәр түрли – бул үмит пенен сиңип кеткен. „Аўа, батырлыққа
ийемиз ҳәм денеден шығып, Ийемиз бенен бирге жасағанымыз жақсырақ деп
ойлаймыз“ (2Кор 5:8). Үмитсиз адамлар сыяқлы қайғыға батып, ракты
қуры босқа жиберип қоймаң.
9 Егер сиз гүнаға бурынғыдай бийпәрўа қарасаңыз, онда сиз рак
кеселиңизди қуры босқа жиберип қоясыз.
Сиз ракқа шалынбасыңыздан алдын болғанындай, гүна сизди еледе өзине тарта ма?
Егер солай болса, онда сиз ракты қуры босқа жиберип қойып атырсыз. Рак
гүнаға деген қәлеўди жоқ қылыў ушын жобаластырылған. Менменлик,
ашкөзлик, қумарпазлық, душпанлық, кеширимсизлик, шыдамсызлық,
ериншеклик, исти ўақтында қылмаў – булардың барлығы рак ҳүжим етиўи
керек болған душпанлар. Тек ғана ракка қарсы гүресиўди ойлап қойма. Рак
пенен биргеликте гүресиў ҳаққында да ойлаң.
Өйткени солардың ҳәммеси рактан гөре бизлерге қарсы болған душпанларымыз болады.
Усы душпанларды жоқ қылыў ушын рактың күшин жумсаўдан бос қалып қоймаң.
Мәңгиликтиң дәргайы гүнакар ўақытларды бийҳуда қылсын, негизинде де бул
бийҳуда. „Егер адам пүткил дүньяны ийелегени менен, өз жанын жойтып,
өзине зыян келтирсе, буннан оған не пайда“ (Лук 9:25)./
10 Егер сиз ракты ҳақыйқатлық ҳәм Масийхтың даңқы ҳаққында гүўалық
бериўде қолланбасаңыз, онда сиз буны қуры босқа жиберип қоясыз.
Масийхыйлар ҳеш қашан ҳеш жерде қурыдан-қуры апатқа ушырамайды. Бизлер
қай жерде болсақ та, буның себеплери бар. Ийса Масийхтың аўыр ҳәм
жобасыз жағдайлар ҳаққында не айтқанын есапқа алың: „Бирақ булардың
ҳәммесинен бурын адамлар сизлерди услап алып қуўғын қылады,
мәжилисханаларға тапсырып, қамаққа салады. Мениң атым ушын сизлерди
патшалар менен ҳәкимлердиң алдына алып барады. Сонда сизлерге Мен
туўралы гүўалық бериўге мүмкиншилик туўылады.“ (Лук 21:12-13). Рак
кеселлиги менен усындай жағдай. Бул гүўалық бериў ушын мүмкиншилик
болады. Масийх мәңгиге ылайықлы. Масийхтың өмирден де көп ылайықлы
екенлигин көрсетиў ушын, бул алтын мүмкиншилик.
Буны қуры босқа жибермең.