Менменлик
Xoce Куберо
Хосе Куберо – испан матадорларының ишиндеги ең әжайыбы. Ол 21 жаста. Әжайып иси себепли рәҳәтленип жасамақта.
Узақ даўам еткен матчтан соң, ол қәҳәрленген ҳәм қанға былғанған өгизге қанжарын суғып алады ҳәм кейин ол жерге қулайды.
Хосе гүрестиң тамам болғанына қуўанышлы. Ол қуўанышлы аламанға тәжим етиў ушын бурылды. Бирақ және бир машқала пайда болды – өгиз еле тири еди. Хосе қуўанышлы аламанға қол былғап турғанда, сол өгиз аяққа турып, Хосеге арт беттен тасланды да, оның жүрегин өз шақылары менен тесип өтти.
Хосениң әжайып иси де оның өмири сыяқлы сол күни жуўмағына жетти. Қанлы ўақыя.
Мен не ушын сизлер менен буны бөлисип турман? Көз алдыңызға келтирип көриң, сиз Хосесиз ҳәм сол өгиз – сизиң менменлигиңиз… Мен нени нәзерде тутып атырғанымды көрип турсыз ба? Менменлик – бизлердиң ҳәр биримиз ушын машқала, әсиресе, масихый жетекшилер ушын.
Оның менен гүресиў ушын, көп күш ҳәм бағышланыў керек болады. Бул гүрес бизиң пүткил өмиримиз бойы даўам етеди. Буны жуўапкершиликли түрде қабыл етиў зәрүр.
Тилекке қарсы, менменлик үстинен бир неше рет жеңиске ерискеннен соң, биз гүресимиз жуўмақланды деп ойлап, өзимизди қорғаўды шетке ысырып қоятуғынымыз тәбийғый жағдай. Сюрприз! Әйне усы ўақытта ол бизлерге аўыр жарақат жеткизип, артқа қайтады.
Бизлер не ушын менменлик туўралы сөз етип атырмыз? Егер бизлер өзимиздиң масийхый өсиўимизге жуўапкершилик пенен қатнас қылатуғын болсақ, менменлик – бизлердиң ең үлкен душпанымыз болады. Менменлик бизлерге солай ақ бизлер ҳәммесин билемиз, бизлерде ҳәммеси жақсы, яғный бизлер ўайызлықларға мүтәж емеспиз, бизлерге Мухаддес Китапты үйрениўдиң де, ҳеш кимниң түсиндириўиниң де, улыўма бизге ҳеш нәрсениң кереги жоқ дейди.
Менменлик бизлерге қол тийгизиўге болмайды дейди ҳәм Мухаддес Руўхтың ҳеш бир қәлеўин қабыл етпейди. Бизлер «келдик».
Ҳақыйқатлық соннан ибарат, сиз еле тири екенсиз, сизиң менменлигиңиз өлмейди. Жақсы себеп пенен оны масийхый өмирдиң монстры (жыртқышы) деп атаған. Сонлықтан да, бул биз дыққатымызды қаратыў керек болған тема болып табылады. Көп ўақтымызды Сулайманның ҳикметлерин үйрениў менен өткизетуғынымызға бизлер ҳайран қалмаўымыз керек.
Ески Келисим дәўиринде, Сулайманың ҳикметлери китабы жас жетекшилердиң уллы болыўы ушын қолланылған. Барлық жаслардың уллы болыў жолына тосқынлық болатуғын қыйыншылықлардың бири – бул менменлик болып табылады. Сонлықтан, әлбетте, биз оны бирме-бир талқылаўымыз тийис.
Қурылыс майданы бойлап кетип баратырғаныңызда, сиз белгиленген мәнзилге аман-есен жетип барыўыңыз ушын, жәрдем етиў мақсетинде орнатылып, ҳәмме жерде қышқырып турған, ескертиў белгилерин көресиз.
Сулайманның ҳикметлери – бул Қудайды ҳүрмет етиўши адамлардың өз өмирлерин қурылып атырған руўхый майдан болып табылады ҳәм сонлықтан да оның ҳәмме жеринде менменлик туўралы қатаң ескертиўши белгилери турғаны ҳайран қаларлық нәрсе емес. Бизлер оларға бәрқулла қараўымыз керек. Менменлик пенен гүресиў ушын, бизлерге ҳәр қандай жәрдем зәрүр болады, соның ушын келиңлер, оны сорайық.
Әке!
Ҳәр бир адам менменликтиң не екенин биледи. Ҳәр бир адам оннан жәбир көрген. Оның менен гүресте ҳәр бир адам Сениң жәрдемиңе мүтәж. ҳәммемиз мүтәжбиз. Бизлер Саған мүтәж болып соранып, өмиримиздеги менменликтиң монстрына қарсы Сениң жәрдемиңди тайсалмай излеймиз. Өтиниш, әйне усы сәтте бизлердиң дыққатымызды бөлип атырған ҳәмме нәрседен бизлерди азат ет. Бизлерге ислеримиздиң дизимин ҳәм тәшиўишлеримизди шетке ысырып қойыўға жәрдем бер. Усы ҳикметлер китабын үйрениўде Саған үмит байлаймыз ҳәм Сениң атың менен дуўа етемиз. Аўмийин.
Ең алды менен, келиңлер, менменлик Жаратылыстан бери адамлардың машқаласы екенин есте сақлайық. Жаратылыс – бул ҳәмме нәрсениң басланыўы туўралы китап, сонлықтан да онда өз менменлиги себепли ҳәмме нәрсени бузып қойған адам туўралы сөз етилетуғыны таң қаларлық нәрсе емес.
Мүмкин, буған Жаратылыс 11:1-4 айқын мысал бола алатуғын шығар.
Сол ўақытлары дүньядағы барлық адамлар бир тилде сөйлеп, бирдей сөзлерди қолланатуғын еди. Адамлар шығысқа қарай көшип баратырып, Шынар жеринде бир тегислик тапты ҳәм сол жерге орналасты. Адамлар бир-бирине: «Келиңлер, ылайдан гербиш қуйып, оларды отқа писирейик», – деди. Олар тастың орнына гербиш, ылайдың орнына қара май қолланды. Соңынан олар: «Өзимизге бир қала қурайық ҳәм төбеси аспанға жететуғын бир минара тиклеп, даңқымызды шығарайық. Сонда бизлер жер жүзине тарап кетпеймиз», – дести.
«Бизлер – уллымыз. Сонлықтан келиңлер, төбеси аспанға жететуғын минара менен өз атымызды уллылайық. Бизлер өмирден де уллымыз». Олардың Қудайдан ақылый ғәрезсизлик ҳаққындағы сөзлери, ҳәм өзлериниң менменлиги туўралы сөзлери усындай болды.
Ал Қудай буған не ислейди? Жаратылыс 11:5-9
Жаратқан Ийе адамлар қурып атырған қаланы ҳәм минараны көриў ушын төменге түсти ҳәм былай деди: «Мине, олар бир халық болып, бир тилде сөйлегенликтен, усы исти баслады. Енди олардың ойлаған ойын иске асырыўға ҳеш нәрсе кесент етпейди. Қәне, төменге түсейик, олар бир-бирин түсинбей қалыўы ушын тиллерин араластырып таслайық». Солай етип, Жаратқан Ийе оларды жер жүзине таратып жиберип, қала қурылысын тоқтатып таслады. Сонлықтан бул қала Бабыл деп аталды. Себеби Жаратқан Ийе сол жерде барлық адамлардың тиллерин араластырып таслап, оларды пүткил жер жүзине таратып жиберген еди.
Қудайдың менмен сезимлерге болған жуўабы бәрқулла бирдей. Cоншелли бәлент ҳәм бузылған нийет пенен басланған нәрсе ўайраншылық пенен жуўмақланады.
Сулайманның ҳикметлери 29:23
Менменлик адамды жер қылар, кишипейил ҳүрметке ийе болар.
«Жер қылыў» –Қудай алдында масқараланыўға зорлық пенен ийилдирилиў дегенди билдиреди. Ўақыяның нәсийҳаты соннан ибарат – егер сен өзиңди жоқары тутсаң, онда пәслетилесең. Егер сен өзиңди пәс тутсаң, онда жоқарылатыласаң.
Бабилон минарасы туўралы гүрриң Мухаддес Китаптың ең басында болғаны қурыдан-қуры емес. Бул келеси әўлад адамларына менменлик себепли азғырылыўға түсиў аңсат екени ҳәм оның қорқынышлы ақыбетлери туўралы ескертиў. Менменлик – бизлер ушын соншелли аңсат азғырылыў болып, бизлер дурыс бағдар бойынша жүриўимиз ушын, көп ескертиўши белгилер зәрүр болады.
Солай етип, бул жерде «алдында ҳеш қандай рәҳәт жоқ» деп оқылатуғын биринши ескертиўши белги бар. Сулайманның ҳикметлери 26:12
Өзин дана деп санайтуғын адамды көрдиң бе? Сондай адамға қарағанда, ақмақтан көбирек үмит бар.
Менменлик жолынан жүретуғын болсаң, рәҳәт таба алмайсаң. Биз бул жерде өзин өзи дана қылып тайынлаған адамды көрип турмыз. Бирақ әтирапта буны қоллап-қуўатлайтуғын ҳеш ким жоқ. Ол өз нәзеринде дана, бирақ басқалардың нәзеринде ондай емес. Бул – менменлик.
Менменлик – бул басқалардың пикирин улыўма қабыл етпейтуғын жалғыз, қол тиймес эгоға шығарылған ҳүким. Менмен адам қуўанышлы түрде: «Маған қара! Мен ең уллыман», – деп қосық айтады. Бул тымсал бизлерге: «Аўа, бул адамға қараң. Жақсылап қарап алың. Өзиңиз ушын сабақ алың», – дейди.
Ол өз даңқпаразлығы менен қурған қыялый қорғанда жасайды. Ол келешеги оған рәҳәт бағышлайды деп болжайды. Менмен адамның келешеги жәннет болмайды. Менмен адамның келешеги ақылсыз адамнан да жаман болады.
Менмен адам өз уллылығы менен соқыр болып қалады ҳәм ҳәм бул иллюзия (қыял) Масийхқа келгеннен соң, шыл-пәрше болып сыныўы тийис. Менмен адамның еки машқаласы бар. Булар –наданлық ҳәм өзин өзи алдаў».
Матта 21:28-31
– Сизлер қалай ойлайсызлар: бир адамның еки улы болыпты. Ол бириншисине барып: «Балам, сен бүгин барып, жүзим бағында исле», – депти. Ол: «Бармайман», – деп жуўап берипти. Бирақ соңынан өкинип, барыпты. Соң әкеси екинши улына барып, оған да солай депти. Ол: «Яқшы, тақсыр, бараман», – деп жуўап берипти, бирақ бармапты.
Усы екеўиниң қайсысы әкесиниң тилегин орынлаған болады? – деп сорады Ийса.
– Бириншиси, – деп жуўап қайтарды олар.
Ийса оларға былай деди:
– Сизлерге шынын айтып турман: салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар Қудайдың Патшалығына сизлерден бурын киреди.
Ийса жер бетинде жүрген күнлерде, бас руўханийлер Ийсаға душпанлық қатнаста еди. Бас руўханийлер усы екинши адамлар топарына жататуғын еди. Олар Қудайдың еркин орынлаймыз десе де, буны ҳеш қашан ислеген жоқ. Сонлықтан Ийса салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар аспанға бул жетекшилерден бурын баратуғынын айтқанда, сизлер билесиз, бул оларды қатты ғәзеплендирди.
Салық жыйнаўшылар адамларды алдайтуғын болғанлықтан, оларды ҳеш ким сыйламайтуғын еди. Олар ҳәм бузық ҳаяллар жәмийеттиң төменги қатламының ўәкиллери еди. Бирақ бул бас руўханийлер тек надан болып қалмай, олар пүткиллей өзин өзи алдаўға толған еди. Олар менменлик пенен сасып туратуғын еди. Олар өз Мухаддес Китабын минсиз билемиз деп ойлайтуғын еди. Олар ҳәмме жерде өзине өзиниң кеўли толып, гердийип жүретуғын еди, өзлерин аспан дәрўазасының қараўыллары деп ойлайтуғын еди. Бизлердиң руўхый өмиримизде ҳәммеси жақсы ма?
Бул менмен бас руўханийлерге усындай сөзлер қатты батқан болар еди. Олардың салықшылар ҳәм бузық ҳаяллар аспанға бизлерден бурын кире ме, деп көзлери тасырайып кеткенин сизлер көре алар ме едиңиз? «Бизлер келешегимизди – жарылқаў ҳәм сыйлық деп есаплаймыз. Бирақ бул ҳеш кимге таныс емес галилалы адам басқаша ойлай ма?»
Менмен адамларға қутқарылыў аңсат емес, себеби олардың өзлерин түсиниў негизи дурыс емес ҳәм олар өз түсиниклерин биреўдиң дүзетиўине қарсы турыўға толық шешим қабыл еткен.
Биреў бул аятқа қарап, былай деп жазған:
«Ийем, мени бул үмитсиз адасыўдан сақла. Мениң менменлигимди ҳәм қыялый менменлигимди қыйрат. Мени басымнан аяғымның ушына дейин кишипейилликке кийиндир».
Бул сен де қылыўың керек болған ибадат па ма? Бизлер өзлеримизге Қудай қыйратыўы керек болған менменлик қорғанларын қурмаймыз ба? Егер бизлерди ҳеш ким дана деп есапламаса, онда бизлер ҳақыйқатлыққа тик қараўымыз керек шығар.
Солай етип, №1-ескертиўши белги: «Менменлик – бул алдында рәҳәт болмайды, ал тек машқалалар бар дегенди билдиреди».
2-ескертиўши белги: «Күштиң жоқлығы».
Жақында бир футбол командасы ойыннан утылып қалды ҳәм оның ашыўланған ықласбентлери рефериди сабаўға ҳәрекет етти. Бул жердеги баслы машқала неден ибарат? Олар биринши болды, олардан сораң. Бирақ олар утылып қалғанын көтере алмады. Не? Бундай утылысқа разы болыў кең пейиллик. Менменлигимизди тасламаймыз. Кет рефери. Судьяға көрсетип қойыў керек.
Сулайманның ҳикметлери 27:12
Ертеңги күн менен мақтанба, оның не алып келетуғынын билмейсең. Сени өз аўзың емес, басқа аўыз, өз тиллериң емес, өзге тил мақтасын.
1-аят: менмен адам келешекти болжаўға ҳәлсиз. Тийкарғы сөз – бул «мақтанба». Ертеңги күнди жобаластырма деп айтылмаған. Ертеңги күнге ақша жыйнап қойма деп айтылмаған. Бирақ өзиңдики болмаған нәрсе менен мақтаныў ақылсызлық болып табылады.
Ийсаның тымсалы ядыңызда ма? Лука 12:16-20
Оларға мынадай тымсал келтирди: – Бир бай адамның егислик жери мол зүрәәт берипти. Ол өз-өзине: «Не ислесем екен? Өнимлеримди жыйнап қоятуғын жерим жоқ», – деп пикир жүргизипти. Соңынан: – Былай ислеймен: ғәллеханаларымды бузып, оларды үлкейтип саламан ҳәм сол жерге барлық ғәллем менен мал-мүлкимди жыйнап қояман. Соңынан өз жаныма былай деймен: «Жаным, көп жылға жететуғын мол дүньяң бар. Енди дем ал, ишип-жеп, кеўлиңди хошла», – депти. Бирақ Қудай оған: – Ҳәй, ақмақ, бүгин түнде сениң жаның алынады. Сонда сениң жыйнап-тергенлериң кимге қалады? – депти.
О, бизлер келешекти билиўди қатты қәлеймиз. Бирақ бул бизлерге берилмеген.
Кимдур Ийсаны өз Қутқарыўшысы қылып қабыл етиў иси ертеңге дейин күтип турады деп айтса, бундай адам ҳәттеки ертең тири болатуғыны менен мақтанған болады. Бирақ ол ертең азанға шекем жасамаўы да мүмкин.
Кимдур, ҳәттеки бир саат ҳеш қандай адамның қорғаўы астында емес екенимизди билген ўақытта, бизлер өзлеримизди ҳеш қашан қәўипсиз сезе алмаймыздеп айтқан еди. Егер бизлерде усындай көз-қарас болса, онда бизлер Ийемизге бәрқулла көбирек арқа сүйейтуғын боламыз ҳәм буның бизлерди бахытсызлықлардан сақлаўы анық.
Және де, Сулайманның ҳикметлери 27:2
Сени өз аўзың емес, басқа аўыз, өз тиллериң емес, өзге тил мақтасын.
Менмен адамда баҳалаў бийлиги жоқ. Бир атақлы актриса, өзине дурыс көйлек кийген ўақытта, барлық еркеклер табанымның астында болатуғынын билемен деп айтқан. Адамның өзин өзи усылай мақтаўына қалай қарайсыз?
Ҳақыйқый мақтаў – бул әжайып кийим. Тек оны сизге басқа биреў кийгизсин.
Шомылдырыўшы Яқыя өзиниң Ийсаның аяқ кийиминиң баўын шешиўге де ылайықлы емес екенин айтқан еди. Ийса да оны бойсынғаны ушын сыйлықлады ҳәм ҳаялдан туўылғанлар арасында оннан уллы адам жоқ деди. Шомылдырыўшы Яқыя өзине бул мақтаў кийимин кийген жоқ. Буны Ийса иследи.
Рим центурионларының (жүзбасыларының) бири Ийсаның үйине келиўине ылайықсыз екенин айтқан еди. Сонда Ийса буннан артық уллы исенимди пүткил Израилда да таппағанын айтты. Центурион өзине мақтаў кийимин кийген жоқ. Буны Ийса иследи.
Бизлер өзлеримиздиң күшли ҳәм ҳәлсиз тәреплеримизди көре алыў ушын, өзлеримиз өзлеримизге жүдә жақынбыз. Ылайықлы баҳа ҳәм ҳақыйқый мақтаў тек басқалардан келиўи мүмкин.
Көп айлар даўамында мен бир қыйын жойбар үстинде иследим. Мен жәрдем сорап, дуўа ете бердим. Көп маңлай теримди төгип болып, көп ўақыттан соң, мен жойбарды жуўмақладым. Мениң асығыс реакциям қандай болды? «Уҳ, мен усындай уллы исти орынладым!» Мен өзимди өзим мақтадым.
Менменлик монстры соншелли тез пайда болады! Өзине мақтаў қосығын айтатуғын мениң бир өзим емес шығарман.
№2 ескертиў усындай. Биз келешекти алдын ала билип, өзимизге баҳа бере алмаймыз. Буған урынып та көрмей-ақ қойың!
Бирақ алдында басқа да ескертиўши белгилер бар. Ескертиў №3: «аАбырайдың жоқлығы».
Сулайманның ҳикметлери 21:34
Өркөкирек ҳәм тәккабирди өзимшил деп атар, ол аса менменлик пенен ҳәрекет етер.
Бул аят не ҳаққында айтып атырғаны сизге түсиникли ме? Менмен адам өзин бир нәрселерге ылайықлыман деп ойлайды. Бирақ бул ондай емес. Ол өзи ойлағаннан да төмен аўҳалда. Ҳақыйқайтында, ол масқаралаўшы. Бул еврей тилинде ең хорлаўшы ис-ҳәрекетти аңлатады. Менмен адам өзинде ҳақыйқаттан жоқ болған нәрсени алмақшы болады.
Мен дәрҳал 21-әсирдеги атақлы адамлар ҳаққында ойлайман. Интернеттен ямаса телевизордан пайдаланғанда, атақлы адамлар туўралы жаңалықты еситпеў мүмкин емес. Бул атақлы адамлар кимлер? Олар шырайлы жүзге ийе болыўдан тысқары, илажы барынша тез-тез үйленип, ажырасыўдан басқа бир нәрсе иследи ме екен? Бизлердиң оларға қандай да бир дыққатымызды бөлгенимиз, бизлердиң дүньямыздың майдалығы туўралы айтпай ма?
Ҳақыйқаттан да, бизлердиң жәмийетимиз, менмен адамларды қаҳарманлар сыпатында қабыл етип, ҳәттеки оларға сыйыныўы ҳәм сыйыныў ушын олардың сүўретлерин қойыўы мүмкин. Бирақ Қудай адамларды дурыс белгилейди. Оның мөри өшип кетпейди.
Шығыў 5:2 де Мысыр фараоны мынадай сөзлерди айтқан еди:
Мен айтқанын тыңлап, Израил халқын жиберетуғындай, Жаратқан Ийе ким болыпты?
Сол фараон өз менменлиги себепли қатты азап шекти, оның абырайы туўралы айтпасақ та болады!
Менменлик ҳеш қандай абырайды бойсындырмай қалдырмайды. Бул аяттағы ҳәмме нәрсе өзин жаўызлық пенен алға илгерилетиў туўралы айтады. Менменликтиң өзи ушын алыўды ойлайтуғын жағдайы – бул менменликтиң өзин урлаўы болып табылады.
Өзиңизди ҳүрмет минберине жайластырың, ҳәм бул әйне сиз узақ тура алмайтуғын сол жер. Бизиң ҳәр биримиз буған көп мысаллар келтире аламыз. Ҳәр биримиз еле усылай ислемеген болсақ, усы жолдан жүриў қәўипи бар. Бизиң қаҳарманларымыз ҳақыйқаттан қаҳарман болыўға ылайықлы ма?
«Ҳақыйқат соннан ибарат, бизлердиң ҳәммемиз Қудайдың емлеўханасындағы майыплармыз. Әдеп-икрамлық ҳәм руўхый көз-қарастан бизлердиң ҳәммемиз кесел, зақым алған, аўырыў жуққан, бузылған, тыртық ҳәм жарақатқа ийе, ақсақ ҳәм қыйсық адамлармыз. Бул бизлер көз алдымызға келтиргеннен де анағурлым көбирек».
Менменлердиң мақтанатуғын ҳеш нәрсеси жоқ, себеби менменлик жолы абырайға ерисиўге анық алып келмейди.
Жақында қаржы мәселесинде ислеў барысында, мен командамдағы бир адам қабыл еткен шешимге дус келдим ҳәм бул мени қатты тәшиўишке салды. Машқала мынадан ибарат болды: ол онлаған жыллар даўамында белгили исениўши болған еди. Мен оны әшкаралаўға екилендим, бирақ ол қабыл еткен шешим соншелли ерси ҳәм жуўапкершиликли болып, мен буны елеспесиз қылып өткизип жибериўге жол қоя алмадым.
Солай етип, мен дуўа еттим ҳәм өзимди қолға алып, машқаланы жүзеге шығардым, бирақ мен нәпесимди жыйнап аламан дегенше, ол наҳақ екенин айтты…, бул мениң оған деген ҳүрметимди еле де арттырды. Ол ҳеш кимди айыпламастан ҳәм өзин ақламастан, тезлик пенен өз қәтеси ушын жуўапкершиликти мойнына алды.
Менмен адам өз абырайын жойтыўды ойлап, өтирик алдаған болар еди. Бирақ ол емес. Менменлик абырайға алып келмейди. Бул ескертиў №3.
Бул және де панаға да алып келмейтуғыны дурыс. Солай етип,
№4-ескертиўши белги: « Пананың жоқлығы».
Сулайманның ҳикметлери 15:25
Жаратқан Ийе тәкаббирдиң үйин қулатар, жесирдиң жер шегарасын сақлап қалар.
Мен жасап атырған жерде ҳәр түрли топарлар себепли көп тынышсызлық бар. Бул аят усы бандалардың менмен ағзаларының Қудайдың «қара» дизимине киргизилгени туўралы сөз етеди. Оларға белги қойылған ҳәм олар ҳәттеки буны сезбейди де.
Бул аяттағы қарама-қарсылық жетерли түрде күшли. Сол қарама-қарсылық күшли ҳәм билқастан. Тек менменниң өзи емес, ал оның мүлки де жәбир шегеди. Менменлер өзлериниң пүткил мал-мүлкиниң жоқ болатуғынын көреди. Өзлериниң молшылыққа, жетискенликке ҳәм өзлерине зыян келмейтуғынына исенимли болғаны олардың тәкаббирлиги қорғалмағанын билдиреди.
Бул аятты бизиң бүгинги заманымызда қалай қолланыўға болатуғынын ойлап көриң. Сәнли жерлерден өтип баратырып, бай ҳәўлилерди, темирден тапланып исленген дәрўазаларды, қәўипсизлик системаларын көрип, сиз түскинликке түсиўиңиз мүмкин …
Бул аят бизлерге булардың ҳәммесиниң кереги жоқ екенин айтады. Қудай жесирлердиң ҳәм ҳәм қорғаўға мүтәж адамлардың жасырын кәўипсизлик хызмети болып табылады. Қудай суткасына 24 саат хызметте турады ҳәм Ол буған ақша алмайды.
Айтпақшы, мен Қудайдан қорқатуғын бир әкениң: «Егер балаларыңызды жойтыўды қәлесеңиз, өзиңизди минсиз адамға уқсатып көрсетиң», – дегенин еситтим. Балаларыңыз сизиң ондай емес екениңизди биледи ҳәм сизиң буны тән алмағаныңыз себепли олар өзлерин шетлетеди. Бирақ егер сиз өз балаларыңыз бенен ҳәлсизликлериңизди ашық бөлиссеңиз, олар менен расгөй ҳәм ҳақыйқый болсаңыз, олар сизиң садық қорғаўшыларыңыз болады, менменлер болса сол ўақытта ҳеш қандай қорғаўға ийе болмайды. Бул ескертиў №4.
ҳәм соңында №5-ескертиўши белги: «Параметрлердиң жоқлығы»
Сулайманның ҳикметлери 21:4
Тәкаббир нәзер ҳәм менмен жүрек, залымлардың шырағы ҳәм гүнасы.
Бул менменлик бизиң өмиримиздиң бир бөлеги бола алмайды дегенди билдиреди. Менменлик бизге тәкәббир нәзер береди, жүрегимизди бузады ҳәм жумысымызды бурмалайды.
Жуўмақ соннан ибарат, менменлик менмен адамның пүткил өмирин бузып жибереди. Менменлик бизлердиң ең жақсы ислеримизди бузып, жүрегимиздиң ҳәр бир нийетин ҳарамлайды.
Масихқа деген исеним жолында менменликтиң қаншелли үлкен тосқынлық екенин сиз көрип атырсыз ба?
Кеширерсиз, маған қутқарыўшы керек екенин айтпаң. Маған ба? Мен неден қутқарылыўым керек? Мениң гүнакар екенимди айтып, кеўлиме тиймең. Менде ҳәммеси жақсы ҳәм мен сырттан келетуғын жәрдемге мүтәж емеспен.
Менменлик соқыр қылады. Менменлик соқыр қылады.
Менменликтиң жолы қаншелли қәўипли екенин бизлерге көрсетиў ушын, ҳикметлери китабы бизиң жолларымызға қоятуғын ескертиўши белгилер. Ҳеш қандай рәҳәт жоқ. Ҳеш қандай күш жоқ. Ҳеш қандай абырай жоқ. Ҳеш қандай пана жоқ. Ҳеш қандай шегара жоқ. Сол жерге дейин жетип барып, сиз менменлик жолы қаяққа апаратуғынына таң қалмаўыңыз керек.
Сулайманның ҳикметлери 16:5
Ҳәр бир тәкаббир Жаратқан Ийе ушын жеркенишли. Гүмансыз, олар жазасыз қалмайды.
Жеркенишли деген сөзи – жек көриўшиликте қолланылатуғын еврейше ең күшли сөз. Жаза. Белгилиленген жаза. Ҳәтте, егер барлық менмен адамлар бирге жумыс ислесе де, Қудай оларды бәри бирде пәске түсиреди. Менменлик Қудайға қараған жүректиң жолында турады. Менменлик Қудайға қарсы соққы берсе, Қудай оған қарсы соққы беретуғынына таң қалыў керек пе?
Қудайда адамның менменлигиниң обьектине урыў әдети бар.
Даўыт адамлардың саны менен уллыланды, сонлықтан Қудай олардың көбисин кеселлик пенен жоқ қылды. Езекия өз байлығы менен мақтанды, сонлықтан басқыншылар оны тартып алды. Сиз басқа да мысалларды келтирсеңиз болады.
Өз-өзин жоқары көтериў нәтийжеси апатшылыққа алып келеди. Бул адамның өзи ҳәм ол ийе болған ҳәмме нәрсениң қыйратылыўы болып табылады. Бул жартастан ылақтырыў сыяқлы.
Ҳәр бир тәкаббир Жаратқан Ийе ушын жеркенишли. Гүмансыз, олар жазасыз қалмайды.
Бул аят ҳеш бир менмен адамның жазасыз қалмаўын Қудайдың Жеке Өзи қадағалайтуғыны туўралы сөз етеди. Бизлер менменлик жолынан жүрген ўақтымызда, үлкен қун төлеймиз.
Ийса «Кишипейиллилер бахытлы» деп айтқаны таң қалдырарлық емес пе, яғный бул кишипейил адамлар ҳәдден тыс бахытлы (олар менменлерге толық қарама-қарсы адамлар), кишипейиллердиң жолынан жүриўшилер жарылқанғанын дегенди билдиреди.
Петрдиң 1-хаты 5:5-6
Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби:
«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди»r.
Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди.
5-аяттың ақырына қараң. Жақсылап қараң. Биз оқыған ҳеш бир нәрсе менменликтиң пүткил қәўипин түсинип жетиўге мәжбүр етпесе, онда бул аят соны ислеўи тийис. Қудай менменлерге қарсы турады. Сиз ҳақыйқаттан да Қудай сизиң қарсыласыңызға болғанын қәлейсиз бе? Сизиң келешегиңиз қандай қорқынышлы болыўы мүмкин.
Бизлерге мийрим тек кишипейиллерге бериледи, деп айтылған. Өмирди мийримсиз басып өткизгиңиз келе ме? Өмирдиң өзи жеткиликли түрде қатал ҳәм онда қарсылас Қудай менен мийримнен бос қалып жасаў қандай болар екен? Яқ, мен бундай деп ойламайман.
Солай етип, менменлик деген не?
Егер сиз гүнаңызды мойынлаўдан бас тартсаңыз, бул менменлик болады. Гүналардың жасырыў да ис нәтийже бермейди.
Сиз дүзетиўлерди еситиўди қәлемесеңиз де, бул менменлик болып табылады. Бизлер унамсыз пикирлерден де пайда аламыз.
Сиз масихый өмирде Мухаддес Китапсыз жасай аламан, деп ойласаңыз да, бул менменлик болып табылады.
Сиз жүзиңизге күлки нықабын кийсеңиз ҳәм өзиңизде ҳәмме нәрсе жақсы екенин көрсетиўге ҳәрекет етсеңиз де, бул менменлик болып табылады.
Сиз өмириңизди басқа исениўшилерсиз өткизиўге ҳәрекет етсеңиз, бул менменлик болып табылады. Биз бир-биримизге мүтәжбиз.
Сиз тек өзиңиз ҳаққында тоқтамастан айтыўды жақсы көрсеңиз, ал басқаларды тыңлаўды қәлемесеңиз, бул менменлик болып табылады.
Өз гүрриңлериңиздеги жалғыз қаҳарман тек бир өзиңиз болсаңыз да, бул менменлик болып табылады.
Масихый сыпатында енди өсиўдиң кереги жоқ деп ойласаңыз, бул да менменлик болып табылады.
Сиз өзиңизге үлкен шөккиш беретуғын аттракционларда болғансыз ба? Сиз шөккиш пенен түймениң биреўине урып жиберсеңиз, екиншиси зоңқ етип шығады. Солай етип, оған да урсаңыз, және биреўи зоңқ етип шығады. Мениң не ҳаққында айтпақшы болып атырғанымды түсинип турсыз ба?
Егер бизлер менменликке қатаң түрде қатнас қылатуғын болсақ, онда бул алдымызда бизлерди күтип турған нәрсе болып табылады.
Менменлик мына жерде зоңқ етип пайда болды ма. Оны бар күшиң менен ур.
Ана жерде зоңқ етип пайда болды ма. Оны да бар күшиң менен ур.
Басқа тәрептен зоңқ етип пайда болды ма. Оны да қатты ур.
Менменлик – бул сиз өмириңиздиң ақырына дейин гүресип баратуғын монстр болып табылады. Келешегиңизге хош келдиңиз!
Менменликке деген бул көз-қарас бизди мыналарға ийтермелейди деп үмит етемен:
– кишипейилликте жүриў ушын ҳәр күни дуўа етиў;
– руўхый жетекшилеримиз де кишипейиллик жолы менен жүриўи ушын, ҳәр күни дуўа етиў;
– менменлик ҳәм кишипейиллик ҳаққында аятларды есте сақлаў;
– ҳәмме жерде менменликке қарсы урыс жәриялаў;
–Шомылдырыўшы Яқыяның жолы менен жүриўимиз, яғный Оның уллыланыўы, ал мениң пәсейиўим тийис.