Колосалыларға 2:7 шәкирт таярлаў серияcы
2:7 сериясы жәмәәттиң қатардағы ағзаларын масихый шәкирт етип тәрбиялаўдың жаңаша бағдары болып табылады. Бул көп дуўа етип, изертлеп, масихыйлар жәмәәтлеринде қайта-қайта тексерип ҳәм сол тәжирийбеге сүйенген ҳалда қайта жазылды. Бул серия алты курсқа бөлинген болып, олар тамыры беккем болған жәмәәт ағзаларының руўхый өсиўин айрықша атап көрсетеди. Ҳәр бир курс өз ишине алған төменде көрсетилген нәрселерге қосымша, бул серияға «Тема бойынша ядлаў системасы»ның 65 аяты ҳәм «Шәкирт таярлаў бағдарламасы»ның Мухаддес Китапты үйрениў бойынша қолланбаларының барлығы кирген. Булардың екеўин де NavPress баспасынан алыў мүмкин.
Не ушын бул сабақлық 2:7 сериясы деп аталады? Бул ат Мухаддес Жазыўдағы Колосалыларға жазылған хаттың 2:7 аятынан, яғный елши Павелдиң Жаңа Келисим дәўириндеги жәмәәтке айтқан мына сөзлеринен алынған: «Онда тамыр жайып ҳәм тикленип, өзлериңиз үйренгениңиздей, исенимде беккемленип барыңлар ҳәм Қудайға сансыз шүкирлик билдириңлер».
2:7 сериясының мақсети неден ибарат? Колосалыларға жазылған хаттың 2:7 аятында Мухаддес Руўхтың Павел арқалы айтқан сөзлери бул оқыўдың айрықша мақсетлерин анық көрсетеди:
- Масихыйдың Ийса Масихта бой тиклеўи ҳәм исениминде беккемлениўи.Бул курслар сериясы Мухаддес Китапты үйрениўдиң әмелий усыллары, Мухаддес Жазыўдағы аятларды ядлаў сырлары, Қудайға дуўа етиў, Оның менен қарым-қатнаста болыў ҳәм Хош Хабарды нәтийжели тарқатыў бойынша көрсетпелерди өз ишине алған.
- Масихый өзиниң күнделикли өмиринде Қудайға деген миннетдаршылыққа толып – тасыўды йрениўи. Бул серия ҳәр бир исениўшиге турақлы ҳәм бир қәлиптеги масихый өмирди бастан кешириўгеҳәм оннан шадланыўды үйрениўге жәрдем береди.
- Масихыйға жол–жоба берилиўи. Бундаадам өмири арқалы өз орталығына тәсир ететуғындай масихыйға айланыўы ушын, ол алдын тәрбияланыўы ҳәм үйретилиўи зәрүр екенлиги нәзерде тутылады.2:7 сериясының мақсети неден ибарат? Колосалыларға жазылған хаттың 2:7 аятында Мухаддес Руўхтың Павел арқалы айтқан сөзлери бул оқыўдың айрықша мақсетлерин анық көрсетеди:
- Масихыйдың Ийса Масихта бой тиклеўи ҳәм исениминде беккемлениўи. Бул курслар сериясы Мухаддес Китапты үйрениўдиң әмелий усыллары, Мухаддес Жазыўдағы аятларды ядлаў сырлары, Қудайға дуўа етиў, Оның менен қарым-қатнаста болыў ҳәм Хош Хабарды нәтийжели тарқатыў бойынша көрсетпелерди өз ишине алған.
- Масихый өзиниң күнделикли өмиринде Қудайға деген миннетдаршылыққа толып-тасыўды үйрениўи. Бул серия ҳәр бир исениўшиге турақлы ҳәм бир қәлиптеги масихый өмирди бастан кешириўге ҳәм оннан шадланыўды үйрениўге жәрдем береди.
- Масихыйға жол-жоба берилиўи. Бунда адам өмири арқалы өз орталығына тәсир ететуғындай масихыйға айланыўы ушын, ол алдын тәрбияланыўы ҳәм үйретилиўи зәрүр екенлиги нәзерде тутылады.
2:7 сериясы қандай нәтийжелер берди? Бул серияны өткенлердиң көпшилиги өз жәмәәтлеринде үлкен жуўапкершиликлерди алатуғын ҳәм жемисли хызмет етиўге үлес қосатуғын қәсийетлерди өзлеринде раўажландырыўға миясар болды. Сол исениўшилер руўхый өсип, Қудай менен бирге жүриўде беккемленгенлиги себепли, олар арқалы көплеген некедеги адамлар менен шаңарақлар жәрдем алды. Бул оқыў бағдарламасын жуўмақлағаннан соң, усы жетилген масихыйлар басқалардың руўхый өсиўине көмеклесиўдиң және Қудайға исенбейтуғын адамларға Хош Хабарды жеткизиўдиң қосымша түрлери менен таныс болды.
Улыўма ескертиўлер:
- 2:7 сериясындағы алты курстың ҳәр бири 12 сабақтан ибарат.
- Ҳәр бир оқыўшыға жеке итибар бериўди тәмийинлеў ушын топардағы оқыўшылардың саны сегизден аспаўы керек.Бул көбирек мағлыўмат алыўға да мүмкиншилик жаратады.
- Инглиз тилиндеги алты курсты буннан былай баспадан алыў мүмкиншилиги жоқ, бирақ 3-курстың қайта дүзетилген вариантын NavPress арқалы алыў мүмкин. Рус тилиндеги вариантты өткерип алыў мүмкиншилиги жоқ, бирақ рус тилиндеги 2:7 шәкирт таярлаў сериясының баспадан шыққан нусқаларына буйыртпа бериўиңиз мүмкин. Орта Азия тиллерине аўдарылған барлық алты курсты өткерип алыў мүмкин.
Курстың тәрийиплемеси:
- Биринши курста сиз Масих пенен бирге беккем жүриўди қәлипке келтириў жолында айтарлықтай қәдем атлайсыз. Масихый өмириңиз төмендегилер арқалы бой алады:
- Мухаддес Китапты оқыўдан заўықланыўды үйрениў;
- Мухаддес Жазыўдың бес әҳмийетли аятын ядлаў ҳәм Мухаддес Жазыўды ядлаўдың әҳмийетлилигине тереңирек исеним арттырыў;
- Ийемиз бенен турақлы ҳәм маңызлы тыныш ўақытты тәжирийбеде бастан өткизиў ҳәм күнделикли тыныш ўақытта алған ойларды жазып барыў;
- Мухаддес Китапты үйрениў барысында Ийса Масихтың сизиң өмириңизде не ушын орайлық орынды ийелеўи себеплерин билиў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының биринши курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги биринши курсын өткерип алыў
- Екинши курста сизиң Масих пенен бирге жүриўиңиз және де мәнили, жемисли ҳәм нәтийжели болыўы ушын, оны раўажландырыў мүмкиншилигине ийе боласыз. Сиз буны төмендегилер арқалы ислейсиз:
- Масихтың сизиң өмириңиздеги жумысы туўралы гүўалық таярлаў ҳәм айтып бериўди үйрениў;
- Қудай менен жалғызлықта узақ ўақыт өткизиўди ҳәм ярым күн дуўа етиўди үйрениў;
- Масих қалай өмиримиздиң Ийеси болыўы кереклиги туўралы оқыў ҳәм усыны талқылаў;
- Теңсалмақлы масихый өмирдиң жүдә әҳмийетли тармақларына тийисли болған 12 аятты ядлаў;
- Мухаддес Руўхқа толы өмир сүриўдиң Мухаддес Жазыўға тийкарланған принциплерин (қағыйдаларын) үйрениў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының екинши курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги екинши курсын өткерип алыў
- 3-курста масихый өмириңизди және де тереңлестириўге шақыратуғын көп нәрселерди билип аласыз. Сиз төмендегилер арқалы руўхый өсиўди даўам етесиз:
- Мухаддес Жазыўлар үстинде ойланыўды үйрениў;
- Хош Хабар айтқанда «Көпир» сүўретлемесин қолланыўды үйрениў;
- Хош Хабарды таныстырыўда қолланатуғын12 әҳмийетли аятты ядлаў;
- Масих пенен бирге жасаўдың тийкарғы принциплерин үйрениў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының үшинши курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги үшинши курсын өткерип алыў
- 4-курста сиз Ийса Масихқа белсенди шәкирт болыўда еле дежетилисиў мүмкиншилигине ийе боласыз. Сиз буны төмендегилер арқалы ислейсиз:
- Турақлы түрде Мухаддес Жазыўды ядлаўды, тыныш ўақытты өткизиўди ҳәм Мухаддес Китапты үйрениўди даўам етиў;
- Минезиңиз өзгериўди қалай даўам ететуғынын үйрениў;
- Ҳәр қыйлы руўхый шынығыўларды қолланыўды үйрениў;
- Жеке гүўалығыңызды ҳәм «Көпир» сүўретлемесин исенбейтуғын адамларға айтыўды баслаў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының төртинши курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги төртинши курсын өткерип алыў
- 5-курсты тамамлағанда мына нәрселер сизиң өмириңизденорын ийелеўи керек:
- Бәрқулла Мухаддес Жазыўды ядлаў ҳәм қайталаў;
- Турақлы түрде Мухаддес Китапты жеке үйрениў, өз сораўларыңызды дүзиўге және пикир алысыў топарын алып барыўға уқыплы болыў;
- Күнделикли тыныш ўақытты өткериў ҳәм Қудай Өз Сөзи арқалы сизге билдирген нәрсени жазып барыў;
- Өз гүўалығыңызды ҳәм «Көпир» сүўретлемесин басқалар менен бөлисиў;
- Төрт руўхый шынығыўларды қолланыў, және ҳәптени ҳәм күнди жобаластырыў арқалы тәртипке келтирилген өмир сүриў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының бесинши курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги бесинши курсын өткерип алыў
- 6-курста сиз мына нәрселер үстинде жумыс ислейсиз:
- Ўақты-ўақты руўхый тексериў жүргизиўди үйрениў;
- Дуўа етиў дизимин еле де нәтийжелирек қолланыўды билип алыў;
- Қудайдың Сөзи үстинде ойланыўды әдетке айландырыў;
- Тийкарғы руўхый шынығыўларды қолланыўда нәтийжелирек болыў;
- Мухаддес Жазыўды ядлаўды, тыныш ўақыт өткизиўди, Мухаддес Китапты үйрениўди ҳәм гүўалық бериўди беккем әдет етиў.
2:7 шәкирт таярлаў сериясының алтыншы курсының баспадан шыққан нусқасына буйыртпа бериў
2:7 шәкирт таярлаў сериясының қарақалпақ тилиндеги алтыншы курсын өткерип алыў