Исенимимиздиң тымсалы
Биз исенемиз …
Ески ҳәм Жаңа Келисим Жазыўлары Қудайдың Мухаддес Руўхы менен илҳамландырылған ҳәм минсиз. Олар өмир ҳәм исеним ушын зәрүр болған ҳәмме нәрсеге ийе болып, жоқары ҳәм тайсалмас абырайға ийе.
Биз Әке, Ул ҳәм Мухаддес Руўх болған үшликтен ибарат, жалғыз Қүдиретли Қудай Ийеге исенемиз.
Биз Ийса Масихтың ҳақыйқый қудайлық тәбиятына, Оның
әжайып минсиз жол менен Мухаддес Руўхтан туўылғанына исенемиз.
Бизлер Қудайдың Адам-ата ҳәм Ҳаўа-енени Өзине уқсатып, Өз көринисинде жаратқанына, олардың гүна ислегенине ҳәм бул гүна себепли адамның тек денеси өлип қоймай, ал руўхый өлим де келгенине исенемиз. Сол ўақыттан баслап, биз Қудай алдында өзимизде гүнаның ҳәм айыптың мөрин алып жүргенимизге исенемиз.
Ийемиз Ийса Масих бизиң гүналарымыз ушын өлгенине ҳәм Оның аспанға көтерилип кеткенине, ол жерде Ол бизлер ушын ҳақыйқый Бас руўханий сыпатында Қудай алдында тәўеллешилик етип отырғанына исенемиз.
Ийемиз Ийса Масихтың келешекте денеде келетуғынына исенемиз.
Ийемиз Ийса Масихты өз жүреклерине исеңим менен қабыл еткенлер Мухаддес Руўхтан туўылғанына ҳәм Қудайдың хожалығының ағзасы болғанына исенемиз.
Мухаддес Руўх барлық исениўшилерде жасайтуғынына ҳәм оларға руўхый өмир сыйлайтуғынына, оларды Масихқа уқсатып өзгертип баратуғынына ҳәм хызметке қоятуғынына исенемиз.
Ҳақ ҳәм наҳақларды денеде өлимнен тирилетуғынына, ҳақ адамлардың мәңгилик рәҳәт, ал наҳақ адамлардың мәңгилик жаза алатуғынына исенемиз.