Сораў:
Руўхый күшли адам менен руўхый нәресте адамның арасындағы тийкарғы айырмашылық неде?
Жуўап: Өзин тутып билиўде.
Сораў: Табыслы масихый жетекши ушын анық шәрт болған нәрсе не?
Жуўап: Өзин тутып билиў.
Сораў: Келешек әўладта бизлер минез-қулықтың қайсы қәсийетин шәртли түрде тәрбиялаўды қәлеўимиз тийис?
Жуўап: Өзин тутып билиўди.
Адамның өзин тутып билиўи Қудайдың көз-қарасы бойынша соншелли қымбатлы болып, ол бизлер ушын тәртип болыўы шәрт. Келиңлер, 8 сораў қойып, сораўларға берилген жуўапларды дыққат пенен ойланып көрип, ол туўралы көбирек билип алайық.
1-сораў – Адамның өзин тутып билиўи деген не?
Адамның өзин тутып билиўи – бул адамның өзин бийлеў алыўы дегенди аңлатады.
Ол бизиң өзимиздиң ҳәр қыйлы қәлеўлеримизди қадағалаў астына алыўымызды билдиреди.
Бул сыйлық алыў ушын өзимизди шыдамлылыққа тәрбиялаў болып табылады.
Ол бизиң өз қәлеўлеримиздиң тутқыны болыўдан ўаз кешиў дегенди билдиреди.
Ол бизиң ҳәммесине дурыс көз қарас пенен қараўымыз ушын, артықмаш нәрседен қашыўымызды аңлатады.
Ол бизиң Масихқа ериўимизде мақсетке ерисиўимизге кесент ететуғын ҳәмме нәрседен бас тартыўымызды билдиреди.
Ол бизиң қәлеўлеримиз ушын миннетдар екенимизди, бирақ оларды жылаўлайтуғынымызды билдиреди.
Биз масихый болғанымызда, Қудай бизден күшли қәлеўлерди алып қоймайды. Ол бизге оларды басқарыўды үйретеди. Сол қәлеўлер бизди қадағалаўсыз басқармайды, ал олар бизиң хызметшилеримизге айланады.
Қудайдың шаңарағына қосылыўға дейин, сиз өзиңиз қәлеген нәрсени ислейтуғын едиңиз, бирақ сизиң өмириңизге Мухаддес Руўх кирип келип, сиз Масихтың изине ере баслағаныңызда, Ол сизге өзиңизди тутып билиўде өсип барыўға жәрдем ете баслады, буның арқасында, сиз еркин жасап, Оған бойсына аласыз.
Мухаддес Китап дәўирлеринде өзин тутып билиў ҳүкимдарлардың минез-қулқындағы жақсы тәрепи сыпатында қаралды, яғный ҳүкимдарлар өзлериниң жеке мәплериниң елди басқарыўға тәсир жасаўына ҳеш қашан жол қоймады.
«Өзин тутып билиў – адамды өзине өзин хожайын қылып қоятуғын қәсийет, яғный ол басқа ҳәммеге хызметкер бола алады».
2-сораў
Адамның өзин тутып билиўи өмиримиздиң қайсы аспектлерине тийисли?
Адамның өзин тутып билиўи тилге тийисли, буны көп санлы телешоу ҳәм сары прессада анық көрмейсең.
Ол өз сезимлериңди басқарыўды өз ишине алады, буны көплеген күнделикли жаңалықларды жеткизизиўде анық көрмейсең.
Ол адамның өз жынысый қәлеўлери үстинен қадағалаўды өз ишине алады. Өлими алдынан Мэрилин Монро жынысый қатнас ол ушын мәнисин жоғалтқанын айтқаны қызықлы, жынысый қатнас ол ушын пүткил өмири даўамында ҳәрекетлендириўши күш болған болса да.
Адамның өзин тутып билиўи ақшаны даналық пенен жумсаўды өз ишине алады, соншелли көп шаңарақлар менен мәмлекетлердиң таң қаларлық дәрежедеги қарызы олардың ойланбастан, қыйратыўшы финанслық шешимлер қабыл еткенинен дерек береди.
Өзимизди тутып билиў машинаны абайлылық пенен айдаўды билдиреди. Петрдиң 1-хаты 2:13 те ҳәр қандай ҳәкимшиликке бойсыныў кереклиги айтылады ҳәм бул тезликти шеклеўге де тийисли.
Өзимизди тутып билиў қанша аўқат жеўимизди қадағалаў демек. Соншелли көп адамлар бүгин шектен тыс көп аўқат жегени себепли ден саўлығын бузып, өз өмирлерин қысқартып атыр.
Өзин тутып билиў арақ ишиўди шеклеўди өз ишине алады.
Барлық мәс айдаўшылар ҳәм адамлардың ҳайран қалдырарлық мәс ҳалдағы минез-қулқы буның жүдә үлкен машқала екенинен дерек береди.
Өзимизди тутып билиў қолайлы шараятларды (комфортты) ўақтымызды, қызығыўшылығымызды (хоббимизди) ҳәм ийелик еткен нәрселеримизди даналық пенен пайдаланыўды өз ишине алады.
Жуўмақ: Өзимизди тутып билиў өмиримиздиң ҳәмме тараўларына тийисли. Ҳәмме тараўларына!
3-сораў
Мухаддес Китаптың қайсы жеринде өзин тутып билетуғын адамлар ҳаққында сүўретленген?
Әлбетте, биз ең жақсы үлги болған Ийса Масихтан баслаймыз – Оның пүткил өмири өзин тутып билиўдиң үлгиси болды.
Адам болып ержетиў ушын, сол ўақыттың өзинде сен Қудай болсаң да ҳәм өзиң жаратқан планетада жүрсең де, өзиңди тутып билиў керек болады. Бирақ Ийса Масийх ҳеш қашан Өзиниң биринши жыллары ҳаққында «Бул зеригерли» деп айтқан жоқ. Ол Өз шақырығына садық болды.
Масийх Өзиниң көп санлы барлық душпанларын бир демде күл-талқан қылып, қыйрата алатуғын бийликке ийе еди. Бирақ Ол буны ислеген жоқ.
Юхан 6:66 да сүўретленген ўақыя жүз бергенде, көплеген шәкиртлери Оның қасынан кетип қалды (бул аят бизди ҳайран қалдырады ҳәм қапа қылады). Ол шәкиртлери менен ислесиўди тоқтатыўы мүмкин еди. Бирақ Ол буны ислемеди.
Атанақ ағашта, Ол өзлериниң Қутқарыўшысын өлтирип атырғанлардың соқырлығына ғәзепленип, азап шегиўден ўаз кешиўи мүмкин еди. Бирақ Ол буны ислемеди.
Бирақ (бул да жүдә әҳмийетли) айырым ўақытлары Ийса Масийх Өзин тыңлаўшыларды таң қалдыратуғын еди. Мысалы: Матта 23-бапты алайық. Бул бапта Ийса Масих жер бетинде айтқан ең баслы сөзлер орын алған болып, олар Масихтың аўзынан шыққан оттай. Пүткил бапты оқып шығың ҳәм мысал сыпатында 27-ши, 28-ши, 31–33 аятларға дыққат аўдарың.
Ийса Масих, Сен ким менен сөйлесип турғаныңды билесең бе? Сениң тыңлаўшыларың – елиңниң ақ сүйеклери болады. Сениң кескин сөзлериң керек пе екен? Сен оларды қапа қылып, кеўлине тийип, оларға ғыжақ берип атырсаң. Қалай Сен Өзиңди тутыўды көрсете аласаң ҳәм усылай ғәзеплене аласаң?
Жуўап соннан ибарат, яғный Оның тыңлаўшылары усы сөзлердиң ҳәммесине ылайықлы. Ол елди өзлериниң изинен дозаққа алып барып атырған ел жетекшилерине қарата сөйлейди. Усындай ашшы сөзлерге бул әдалатлы ақлаў емес пе?
Бизлер ушын бул сөзлер жаман баҳаға ылайықлы адамларға жаман баҳа бериў кереклигин ҳәм сол ўақыттың өзинде өзимизди тутып билиўди көрсетиў кереклигин билдиреди.
Ийса Масих Ибадатханадан саўдагерлерди қуўған сол еки ретти есте сақлаңлар. Бул Масихтың хызметиниң басында Юхан 2:14 те сүўретленген. Ол анық сол исти Өз өмириниң ақырында да ислеген еди.
Ийса Масих не ушын бул исти ислеген еди? Өйткени Ол ушын табыныў әҳмийетли. Егер сиз мухаддес нәрселерди ҳүрмет етпейтуғын болсаңыз, бул сизди набыт етеди. Мал қораға ҳәм көп пайда көретуғын саўдагерлер ушын базарға айланған сол жәмәәт ҳәўлиси яҳудий емеслер Қудайға сыйыныўы мүмкин болған жер болыўы керек еди. Бирақ буның орнына олар пайдакүнемлик ҳәм ашкөзликти көреди.
Ийса Масийх Өзин қадағалаўды жоғалтпады. Ол Өзин толық қадағалайды. Ибадатханадағы сол адамлар өзлери ылайық болған нәрсени алады. Егер бизлерде Ийса Масихтың ислеген исине наразылық болса, онда демек бизлер сыйыныўдың мухаддеслигин түсинбеген боламыз.
Өзин тутып билиўдиң мухаддес китаптағы басқа үлгилери:
Юсуп – Потифардың ҳаялының тәсирине берилмеген ўақытта.
Өзи менен өзи болып бөлекленип жүриўдиң орнына ол қамақханада инта менен жумыс ислеген ўақытта.
Ол өз ағаларын көрген ўақытта ҳәм оларды өлтириў ямаса азаплаў бийлигине ийе болса да (оның бийлиги шексиз еди), бирақ ол буны ислемейди.
Даниел – ол жарамсыз аўқатты жеўден шеберлик (дипломатиялық жол менен) пенен бас тартты.
Ол дуўа етиўди тоқтатыўдан да бас тартқан ўақытта, бирақ өз душпанларынан өш алмайды.
Павел – Коринфлилерге 2-хат 11:23 те ол бәрқулла өз өмирине қәўип салатуғын үзликсиз қуўдалаўларға дуўшар болса да, миссиясына дыққатын жәмлеп хызмет етеди. Қудай ушын ғайрат салып мийнет етеди. Солай болса да, ол өмирине қәўип салыўшы үзликсиз қуўдалаўларға ушырайды.
Басқа да жақсы үлгилерди табыўға болады, бирақ соған уқсас Мухаддес Китапта адамның өзин тутып билмеўи бойынша үлгилер көбирек. Олар:
Каинның Абылды өлтириўи
Муўсаның жартасқа урып жибериўи
Самсон ҳәм оның ҳаяллары
Даўыт ҳәм Батшеба
Сулайманның қанша ҳаялы болған еди? Қаншама ақылсыз шығынлар? Ҳақыйқатында, оның өмир баяны болған Ўазшының китабы айырым ўақытлары адам сыпатында өзин тутып билиўди улыўма көрсетпегени ҳаққында сөз етеди.
Сиз Ески Келисимди қаншелли көп оқысаңыз, бул шермендели дизимге соншелли көп атлар қосылып бара береди.
Үлгилер әҳмийетли. Бул өмирлерди бирме-бир үйрениң. Өзин тутып билгенлерге берилетуғын жарылқаўларға дыққат аўдарың. Өзин тутып билмейтуғынларда көринетуғын бослыққа да дыққат қаратың.
4-сораў
Мухаддес Китапта адамның өзин тутып билиўи туўралы не айтылады?
Сулайманның ҳикметлери 25:28
Өзин басқара алмайтуғын адам, Дийўалсыз, ўайран болған қалаға мегзер.
Адамның өзин тутып билмеўи қалада дийўалдың болмаўы менен барабар. Егер қалада дийўал болмаса, не жүз береди? Ол ҳәлсиз болып қалады. Ҳәр бир тонаўшы ямаса басып алыўшы оған кирип келип, қәлегенин ислеўи мүмкин. Күнделикли ислерди ислеў де мүмкин емес болып қалады. Дийўалсыз қала жәрдемсиз, пайдасыз ҳәм үмитсиз болып, қәўип-қәтерге мейил болады ҳәм ҳеш қандай өнимли иске қәбилетли емес болады.
Өзин тутып билмейтуғын адам да сондай: егер оны биреў қапа қылса, ол ғәзеп пенен өш алады, ол негизинде сатып ала алмайтуғын затларды сатып алыўға ийтермелейтуғын, рекламаларға азғырылады ҳәм мүмкин, сол нәрселер оған керек емес те шығар, ол жынысый «жыртқышларға» бериледи, аўқатқа «яқ» деп айта алмайды, соңғы Мыш-мышларды тарқатыўы мүмкин, тезликти асырғаны ушын, көп жәрийма да төлеўи мүмкин.
Өзин тутып билмейтуғын адамға қараң – ол алып келетуғын барлық машқалалардан сиз қатты азап шегесиз. Бир апат изинен екиншиси, үшиншиси. Ал ол болса усы ўақытта өзин ҳәлсиз қурбанлық деп есаплайды.
Ал өзин тутып билмейтуғын адамлар жәмийетинде не жүз береди?
Тимофейге 2-хат 3:1-3
Мынаны билип қой: дүньяның ақырғы күнлеринде аўыр ўақытлар келеди. Адамлар өзин жақсы көретуғын, дүньяпараз, мақтаншақ, менмен, Қудайға тил тийгизетуғын, ата-анасына бойсынбайтуғын, жақсылықты билмейтуғын болады.
Онша таң қаларлық емес. Бул жерде дүньяның ақыры ҳаққында айтылған. Бизлердиң бүгинги дүньямыздың жүдә анық тәрийпин көрсетеди.
Сонлықтан Тимофейге 1-хат 3:2 ге қарайық:
Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт.
Таң қаларлық емес. Бул үзиндиде жәмәәттиң жетекшилерине қойылатуғын талаплар келтирилген ҳәм мен өзин тутып билиў қаншелли дәрежеде әҳмийетли екенин сиз түсиндиңиз деп ойлайман, яғный сиз әлбетте, жәмәәт жетекшилери бул қәсийетке ийе болғанын қәлейсиз деп ойлайман. Бирақ бул дизим минез-қулық үлгиси сыпатында қаралыўы тийис, буған жәмәәттиң ҳәр бир ағзасы умтылыўы шәрт.
Масихыйлардың күнделикли өмири қандай?
Петрдиң 1-хаты 5:8
Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр.
Барлық масихыйлар! Сақ болыңлар! Дыққат етиң: – душпан! Дыққат етиң: – душпан!
Сиз Масихқа толық өзиңизди исенип тапсырсаңыз, шайтанның душпанларының дизимине киресиз. Сиз де оның дузағына түсесиз, егер де сизде өзин тутып билиў болмаса.
Нәтийжеде –
Коринфлилерге 1-хат 9:25
Жарысқа қатнасатуғынлардың ҳәммеси өзлерин барлық нәрседен тыяды. Олар буны өткинши тажды алыў ушын ислейди. Ал бизлер мәңгилик тажды алыў ушын ҳәрекет етемиз.
Жуўырыў жарысында жеңиске ерисиўде спортшы ушын өзин тутып билиў үлкен әҳмийетке ийе. Тәртипке бойсынбайтуғын жуўырыўшылар сөзсиз утылады. Өзин тәртипке бойсындырыўсыз, буның үстинде турақлы түрде, күш салып жумыс ислеў керек, ҳеш бир спортшы жеңис ушын зәрүр болған физикалық тонусқа, координацияға ҳәм жақсы формаға ерисе алмайды.
Масийхый өзи жеңиске ерисиўи ушын және басқаларды да Масийхқа алып келиўи ушын өзин тутып билиўи шәрт. Спортшылардың «Дурыс «дүзилген» өзин тутып билиўи –шешим қабыл ете алмайтуғын, таярлықсыз, жойтылғанларға гүўалық етиўге таярланыў ушын дерлик ҳеш нәрсе ислемейтуғын ҳәм муўапық түрде буны сийрек ислейтуғын масихыйлар ушын бул айып.
Спорт жарыслары (биз сүйикли командаларды қоллап-қуўатласақ) жийи-жийи бизиң шаңарақ календарымызда көп ўақытты ийелейди, бирақ соның менен биргеликте, биз ҳәр күни өзимизди тутып билиўди шынықтырып, ҳәмме ўақытта да руўхый жеңимпаз болыўға ҳәрекет етпеймиз.
5-сораў
Өзимизди тутып билиўди раўажландырыў ушын, не себептен күш жумсаў керек болады?
Себеби Масийхсыз мен өзимди қадағалай алмайман. Мени басқарыў қыйын.
Римлилерге 3:10-18
«Ҳеш бир ҳақ адам жоқ,
бирде бири жоқ.
11 Саналы ҳеш бири жоқ.
Қудайды излейтуғын ҳеш ким жоқ.
12 Ҳәмме жолдан адасқан,
барлығы жарамсыз болған.
Жақсылық ислеўши ҳеш ким жоқ.
Бирде бири жоқ»n.
13 «Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығар»o.
«Тиллери менен алдайды,
Еринлеринде жылан зәҳәри»p.
14 «Аўызлары толы нәлет-ғарғыс сөзлерге»q.
15 «Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16 Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17 Билмес олар тынышлық жолын»r.
18 «Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллериндеs».
Сиз буны өзиңиздиң Масихқа келместен алдынғы портретиңиз деп көз алдыңызға келтире аласыз ба? Мен болса, аўа. 13-аят мениң Масих пенен болмаған ўақтымды сүўретлейди. Мен Масихқа келместен алдын, адамлар туўралы ҳәм адамларға қорқынышлы затларды айтатуғын едим.
Мен Масихқа исенгенимде, шама менен онлаған адам менен ушырасып, оларға бурын айтқан сөзлерим ушын кеширим сораўға туўра келди. Бирақ, тилекке қарсы, бул ис сол уўдың тилимнен шығып, әлле қашан зыян жеткизилгеннен соң бир неше жыл өткенде жүз берген еди.
Ҳеш биримиз де бул аятларды өзлеримиздииң сүйикли аятларымыз деп айта алмаймыз, себеби бизлер ол аятларда жаман аўҳалда сүўретленемиз. Бул аятлар «Егер маған тийсең, өлтиремен» деген жазыўы бар тахтаны еслетеди. Басқа сөз бенен айтқанда, масийхый емес адам: «Мийрим-шәпәәт күтиўдиң кереги жоқ, кеширим туўралы умытың ҳәм сизден өш алса, ҳайран қалмаң. Бул зорлық дәўири ҳеш қашан таўсылмайды», – дейди.
Биз Масийхсыз қадағалаў астында болмаймыз. Бул аятларға қарасақ, есимизге: «Шегарасыз» деген бир сөз келеди. Егер биз қутқарылмаған болсақ ямаса жалқаў масийхый болсақ, бизлер алып келетуғын қыйралыў ҳәм зыянлардың шеги жоқ.
Биз Масийх пенен бирге жүрмесек, өзимизди тутып билиў минез-қулқымызға пүткиллей қарама – қарсы болады.
Буған ҳеш қандай гүман жоқ – бизлер жолдан шығып кетпеўимиз ушын, минезимиз қапа қылатуғын болмаўы ушын, қәлеў ҳәм ҳәўеслеримизди жылаўлаўымыз ушын, кейин өкинип жүрмеў мақсетинде, өзимизди қадағалаўымыз ушын, еркеклерге ҳәм ҳаялларға «қорған» (шеклеўши қурылмалар , өлшемлер, шегаралар, шеклеўшилер) зәрүр.
Мениң ойымша, сизиң өмириңизде артыңызға қарап турып, өзгертиўиңизди қәлеген нәрселердиң көпшилик бөлегиниң себепшиси өзин тутып билиўдиң жоқлығы болды. Мениң өткен жылғы биринши өкинишим – бул мен бир өзимниң жақсы достыма жиберген хат болып, мен буған ҳәзир өкинемен. Онда урысыўшы сөзлер жоқ еди, тек ол артықмаш кескинлик пенен жазылған еди. Ҳәммесин дүзетиў ушын көп дуўа етиў, ўақыт, күш талап етилди.
Жаңа жылда хабарларды көргениңизде, олардың ишинде нешеўи өзин тутып билиўдиң жоқлығы менен байланыслы екенин сораң.
6-сораў
Әтирапыңыздағы адамлар сизиң өзиңизди тутып билиўиңизге қандай қатнаста?
Көп үмит етпең. Сиз бәрқулла өзиңизди тутып билиўди көрсетиўге ҳәрекет етесиз, сиз өз өмириңиздиң ҳәр бир тараўында тәртипли болыў ушын күш салып ислейсиз ҳәм буның нәтийжелеринен бири сиз өзиңизди нышана астына қойғаныңыз екенин билип таң қаласыз.
Адамлар сизиң бетиңизге қандай жақсы, кишипейил, зеригерли, бәлким, ең қапа қылатуғыны – бул сизди зор деп атаўға болмайды деп айтатуғыны.
Жынысый жақтан бузық адамлар сизге ҳүжим етеди, себеби сиз пәкликти сақлаўға қарар қабыл еттиңиз.
Ақшаны парықсыз саўатуғын адамлар сизди ақша себепли айыплаўы мүмкин (олардың өзлери үнемлеўи керек еди).
Өсекшилер болса, олар өсек айтып баслаған ўақытта сиз бөлмеден шығып кеткениңиз себепли сизге ашыўланатуғын болады.
Ериншеклер сизиң ғайрат салып мийнет еткениңизге суўық нәзери менен қарайды ҳәм сиз олардың да жумысын ислеўиңизди күтиўи анық.).
Бул ҳүжим жасаўлар күншиликтен келип шықты ма? Сизиң пүткиллей басқа қәдирлейтуғын нәрселериңиздиң барлығы олардың ғәзебин келтире ме? Сизиң өмириңиздиң оларды гүнада айыплайтуғыны, олардың ашыўын келтире ме?
Юсуп Потифардың ҳаялы менен гүна ислеп қоймаў ушын, қашып кеткениниң нәтийжесинде қамаққа түсти.
Даниел өзин тутып билиўди көрсеткениниң нәтийжесинде арысланлар шуқырына түсти.
Жақында исенимге келген бир адам бузық өмирин тоқтатқанда, әкеси оннан гей (қыз теке) емессең бе, деп сораған.
21-әсирде өзин тутып билиў зор болып есапланбайды, оны сийрек ушыратасаң ҳәм ол магнит сыяқлы ҳүжимлерди өзине тартады.
Бирақ
7-сораў
Өзимизди тутыўымыз арқалы, бизлер қандай жарылқаўларды аламыз?
Ойымызға келетуғын биринши жарылқаў – бул ар-намыс, ҳүрмет, жетискенлик, сыйлықлар, пәк ҳүждан, жеңислер, ҳәммесин дурыс ислеўден қанаат алыў. Бул да үлкен жарылқаўлар. Бирақ еле де уллырақ бир жарылқаў менен ҳеш нәрсени салыстырып болмайды.
Көз алдыңызға мынадай таң қаларлық, қымбатлы қуўанышты келтире аласыз ба, сиз Ийса Масихтың алдына барғаныңызда, Оның Өзи сизге:«Бәрекелла, жақсы ҳәм исенимли хызметшим!» дейди. (Матта 25:21). Егер сиз буны бурын түсинбеген болсаңыз, усы сәтте, өзиңизди тутыўға жумсалған барлық дуўаларыңыз, күш салыўларыңыз, тер төгиўиңиз буған арзыйтуғынын түсинесиз. Және де сиз дуўшар болған барлық намысқа тийиўлер, сиз шыдаған барлық масқаралаўлар, ҳәмме кемситиўлер, сизге жарақат алып келген келиспеўшиликлердиң де бийкарға болмаған екенин түсинесиз. Сиз өз өмириңизге байланыслы Ийемиздиң мәңгилик мақтаўын еситесиз.
Сиз мына сөзлердиң дурыс айтылғанын билесиз ҳәм буған шубҳаланбайсыз: «Дүньяда ҳәммесинен де бетер Қудай жарылқаған өмирге умтылыў керек»
Егер сиз жоқары нәтийжеге ийе исениўши болыўды қәлесеңиз, өзиңизди тутып билиўиңиз шәрт. Усының арқасында ҳәммесин аласыз.
Сонлықтан биз соңғы ҳәм шектен тыс әҳмийетли сораўға жетип келемиз:
8-сораў
Өзимизди тутып билиўге қалай ерисиўге болады?
Өзимизди тутып билиў соншелли әҳмийетли ҳәм бул үстинде терең ойлап көриў зәрүр екенин түсинесиз деп үмит етемен.
Өзимизди тутып билиўге қалай ерисиўге болады?
- Сиз қутқарылған болыўыңыз шәрт. Масийхқа исениң ҳәм барлық гүналарыңыздың кеширилиўи ушын, Ол сизиң Қутқарыўшыңыз болсын, барлық гүналарға өзимизди тутып билиўдиң жоқлығы да киреди. Сиз Масихқа исенсеңиз ҳәм Оннан үмит ететуғын болсаңыз, Мухаддес Руўх сизиң өмириңизге киреди ҳәм сизге күш-қуўат береди ҳәм сизге өзиңизди тутып билиўди раўажландырыў ушын да күш-қуўат береди.
- Өзиңизди тутып билиўге пүткил жүрегиңиз бенен умтылың. Ол ушын дуўа етиң. Оны өзиңиз ушын биринши дәрежели қылың. Өзиңизди тутып билиў бойынша сизиң өсип барыўыңызды Қудайдың қәлейтуғынын билесиз, сонлықтан, Оның еркине сай дуўа етип атырғаныңызды билип, исеним менен дуўа етиң. Бул дуўаға ол жуўап бериўди қәлейтуғынын билесиз. Өзимди тутып билиў мен ушын соншелли әҳмийетли болып, мен онда өсип барыў ушын ҳәр күни дуўа етемен.
- Гүреске таяр болың. Көп жыллар даўамында, мен айырым масийхыйлардың өзлериниңе қызба минези ямаса басқа гүнакар әдетлери туўралы былай деп жуўап бергенин көрдим: «Өзим сондай болсам, мен не қылайын». Оларда өзгериў нийети жоқ еди. Әтирапындағы ҳәмме олардың өзин тутып билиўди раўажландырыўды қәлемеўин жақлаўы керек еди. Олардың өмири Масийхтың судында баҳаланғанда (Коринфлилерге 2-хат 5:10), олардың жүзинде күлки болмайтуғынына гүманланбаса да болады.
Өзиимизди тутып билиў ҳәр бир исениўшиде болыўы мүмкин, Ббирақ еврейлерге жер ўәде етилгенде, олардың жерди күш пенен ийелеп алыўына туўра келди, бир қаладан соң екинши қаланы, сондай қылып, бизлерге де өзимизди тутып билиў сыйы ўәде етилген, бирақ, биз гүрес изинен гүреске түсип, оны жеңип алыўымыз тийис.
«Өзимизди тутып билиў» түсиниги бизиң екиге ажыралған шахсымызда урыс болып атырғанын билдиреди. Ол бизлердиң «эго», («мен») бизлер қанаатландырыўымыз шәрт болмаған қәлеўлерди пайда ететуғынын – бизлер оларды қадағалаўымыз шәрт екенин билдиреди. Бизлер үлкен ақыбетлерге ийе болған ҳәр күнги урыс ҳаққында айтып атырмыз
Егер сиз өз «эго»ңызды көплеген жыллар даўамында қадағаламаған болсаңыз, ол сизге бир күнде бойсынады деп күтпей-ақ қойың. Бул жүдә ҳәўижине шыққан монстр болып, оны бойсындырыў ушын, ўақыт керек болады.
- Ораза тутың. «Ораза тутыў – бул өзимизди руўхый тәрбиялаў қуралы. Ораза бизге өзимиздиң физикалық иштейимизди қадағалаўға жәрдем береди. Биз өзимиздиң физикалық талапларымызды қанаатландырыўға соншелли үйрегенип қалғанбыз ҳәм сол себепли, оларды қанаатландырыў гүнаның себеби болатуғынын умытып қоямыз. Бул қәлеўлерди қанаатландырыўдан бас тартыў, бизлердиң физикалық инстинктлеримизди қадағалаўға жәрдем береди, сонда денемиз биз ушын көбирек хызметкер ҳәм кемирек хожайын болады. Денемизди усылай тәртипке келтириў бизиң руўхый өмиримизди беккемлейди. Ораза тутыў, басқа ҳәммесинен тысқары, бизлердиң Қудайға үмит етиўимизге жәрдем береди».
Мен Масийхқа келгенимде, ораза тутыў маған өз өмиримде базы «шеклеўлерди» қурыўға жәрдем етти. Ҳәзир мен ҳәр жылы бир ҳәпте ораза тутыўға ҳәрекет етемен. Бирақ өзимди тутып билиўим ушын мен ҳәр күни дуўа етиўим тийис.
- Түсиниңлер, өзимизди тутып билиў – бул Қудайдың сыйы. Бул Мухаддес Руўх бизлердиң өмиримизде пайда ететуғын сыйлардың бир бөлеги. Бул өзимизди тутып билиў ушын гүресиў – исеним гүреси екенин есте сақлап, Оның күши бизлерге оны раўажландырыўға жәрдем беретуғынына үмит етип, өзимизди тутып билиў туўралы исеним менен шын жүректен дуўа етип сораўымыз керек дегенди билдиреди. Ал гүрес узақ ҳәм аўырықлы болыўы мүмкин.
Ал Мухаддес Руўх өзимизди тутып билиўдиң жемисин бизлерде қалай пайда етеди? Бизлерди мийрим-шәпәәтке үйретиў арқалы.
Титусқа 2:11-12
Өйткени Қудайдың қутқаратуғын мийрими пүткил адамларға ашық көринди. Бул мийрим бизлерге қудайсызлықтан ҳәм дүньяның жаман ҳәўеслеринен ўаз кешип, ҳәзирги дәўирде өзлеримизди тыйып билиўди, ҳақ болыўды ҳәм Қудайдың жолында ылайықлы өмир сүриўди үйретеди.
Қудайсызлықтан бас тартыў өзимизди тутыўдың жетиспеўинен ўаз кешиўди де өз ишине алады. Өзимизди тутып билиў – бул Қудайдың Руўхының иси. Исениңлер, Ол бизлерди усы гүресте қатнасыў ушын беккемлейди.
- Өзиңизге, еликлеў ушын өзин тутып билиўдиң үлгисин табың. Еликлеў үлгилери жақсы жәрдем береди, жигерлендиреди. Павел бизлерге өз өмирин үлги сыпатында қолланыўды бир неше мәрте мәсләҳәт етеди. Жаңа Келисимдеги басқа китаплардың авторлары да «жетекшиниң изинен жүриў» зәрүрлигин айтады.
Филиплилерге 4:9
Меннен нелерди үйренип, қабыл етип, еситип ҳәм көрген болсаңыз, соларды ислеңлер. Сонда тынышлық бериўши Қудайдың Өзи сизлер менен бирге болады.
Салоникалыларға 2-хат 3:7
Бизлерден қалай өрнек алыўыңыз керек екенлигин өзлериңиз билесизлер.
Еврейлерге 13:7
Сизлерге Қудайдың сөзин айтқан жетекшилериңизди еске түсириңлер. Олардың қалай жасағанына ҳәм өмириниң ақыры қандай болғанына қарап, олардың исениминен өрнек алыңлар.
Юханның 3-хаты 11
Сүйикли туўысқаным, жаман емес, жақсы өрнек ал.
Бизлер Масийхқа келмесимизден алдын, еликлейтуғын үлгилеримиз, негизинде дүньябий адамлар еди, олар өмирлери ийманлылықтан жырақ қандай да бир дүнья мәдениятының танықлы қаҳарманлары болды. Өз қаҳарманларыңызды өзгертиң ҳәм минез-қулқыңыздың қалай өзгергенин тамаша қылың. Олар сизиң күнделикли өмириңизде жүдә әҳмийетли болып табылады!
- Сизди қоллап қуўатлайтуғын, сиз ушын дуўа ететуғын, алдында есап беретуғын, бир күшли исениўши досты таўып алың.
Яқып 5:16
Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
Сизлерди билмедим, егер мен оларды жеңиў ушын күш сорап дуўа етиўди биреўлерден илтимас қылмасам, қандай да бир гүналарды дерлик ҳеш қашан жеңиўге ерисе алмағанман.
Сулайманның ҳикметлери 13:20
Орынланған тилек жанға жағымлы,
Ақылсыз жаманлықтан ўаз кешиўди жек көрер.
Бизлериң досларымыз өмиримизге үлкен тәсирин жасайды. Қудайдан сиз бенен биргеликте өсе алатуғын масихый дос сораң.
Өзимизди тутып билиўге қалай ерисиўге болады?
- Қутқарылың.
- Оның сизде болыўын қатты қәлең.
- Гүреске таяр болың.
- Ораза тутың.
- Өзимизди тутып билиў – бул сый екенин түсиниң.
- Өзиңизге еликлейтуғын үлги табың.
- Сизди қоллап-қуўатлай алатуғын ийманлы туўысқанды табың.
Өзин тутып билиў – оны писент етпей, қаншама жарылқаўлардан өзиңизди айырасыз?
Егер оған бар күшиңиз бенен умтылсаңыз, сиз қаншама қуўанышқа ийе боласыз?