Минез-қулық пенен таныстырыў
Минез-қулықты раўажландырыў
«Минез-қулық – бул адамның негизи ҳәм оның ишинде қандай адам екенин көрсетиўши сыпат. Адамның ойлары, сөйлеўи, пикир жүргизиўи, минез-қулқы ҳәм қатнасы усыған тийкарланған. Минез-қулық адамның өзин услап тутыўын, ал өзин услап тутыў минез-қулықты белгилеп береди» Ос Гинесс
Минез-қулық ҳәм жетискенликлер қалай байланысқан?
Қудайды сизиң жетискенликлериңиз емес, ал сизиң минез-қулқыңыз көбирек қызықтырады. Сиз қабыл ететуғын шешимлер сизиң минез-қулқыңызға, ал сизиң минез-қулқыңыз сиз ислеп атырған иске тәсир жасайды. Минез-қулық сиз ислеп атырған исти я қыйратады, я сизге нәтийжелерге ерисиўге жәрдем береди.
Жийи-жийи айрықша қәбилетлерге ийе адамлар шөлкемде ҳәмели көтериледи. Бундай адамды биз «лаўазымы көтерилди» деймиз. Адамның қандай да тараўлардағы айрықша қәбилетлери себепли, адамлар оның минез-қулқына көп итибар бермеўи мүмкин. Бул масихый шөлкемлерде де, дүньядағы шөлкемлерде де болады.
Қудай минез-қулықты қалай раўажландырады?
Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз.
Римлилерге 5:3-4
Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер. Яқып 1:2
Буның мәниси қандай? Қудайға унайтуғын минез-қулық азаплар арқалы раўажланады. Римлилерге 5:4 теги аят басқаша айтылғанда, усындай болады.
Еки патшаның мысалы
Израилдың еки патшасының өмирин салыстырың. Олардың екеўи де жүдә қәбилетли адамлар болған еди. Бирақ машқала пайда болғанда, олар өзлерин ҳәр түрли қылып тутты. Усы еки ер адамның ҳәр бири туўралы Мухаддес Жазыў мыналарды сөз етеди:
Шаул
– Израилда оған тең келетуғын адам болмады, ол келискен жас жигит еди.
– Ол Қудай тәрепинен таңлап алынған еди.
– Қудай Өз халқын алып жүриў ушын оны тайынлаған еди.
– Оған Қудайдың Руўхы түскенде, ол пайғамбаршылық қылды.
– Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ еди.
– Оның қасында Ийемиз жүрегине тәсир еткен ер азаматлар болды.
– Халық оны Қудай алдындағы патша сыпатында қоллап-қуўатлайтуғын еди.
– Ол филистлер үстинен уллы жеңислерге еристи.
Даўыт
- Қудай тәрепинен таңлап алынған еди.
- Қудай тәрепинен майланған еди.
- Шаулға садықлық пенен хызмет етти.
- Ол батырлықта айрықша болып, әскер еди.
- Қудай Ийе оны таслап кеткен жоқ.
- Израил ҳәм Яҳудиядағы ҳәмме оны жақсы көретуғын еди.
- Ол филистлер үстинен уллы жеңислерге еристи.
- Бахытсызлыққа ушыраған, қарыздар, наразы болған ҳәмме оған келетуғын еди ҳәм ол олардың жетекшисине айланды.
- Ол Қудайдың майланғаны болған Шаулға қол көтериўден бас тартқан еди. Усы ер адамлардың ҳәр бири Қудай тәрепинен таңлап алынған болып, олар үлкен қәбилетлерге ийе еди. Бирақ басым ҳәм азаплар адамның минез-қулқының көриниўине жәрдем береди. Олар өз гүналарына дус келгенде, олардың реакциялары қандай болғанына дыққат қаратың.
Шаул: Патшалық туўралы 1-китап 15:12-24 Даўыт: Патшалық туўралы 2-китап 12:5-14, Забур 50
Шаулды қулаўына себеп болғандай, оның өмиринде минез-қулықтың қандай қырлары жетиспейтуғын еди?
Даўыттың ақырына дейин табыслы болыўына жол ашып бергендей, ол қандай минез қулыққа ийе болған еди?
Абырайыңыздан гөре, минез-қулқыңыз туўралы тәшиўишлениң. Сизиң абырайыңыз – бул адамлардың сизлер туўралы не деп ойлаўы болып табылады. Ал сизиң минез-қулқыңыз – бул сизиң негизинде қандай екенлигиңиз. Джон Вутен
МИНЕЗ-ҚУЛЫҚТЫ БАҲАЛАЎ
Көрсе
тпелер:
- Минез-қулықтың тәреплерин көрсетиўши келтирилген дизимге қараң.
- 2. Өз минез-қулқыңыздағы ҳәр бир тәрепти баҳалаң.
- 3. Дизимдеги шкала бойынша, өз минез-қулқыңыздағы ҳәр бир тәрепти 1 баллдан 5 баллга дейин баҳалаң. 1 ҳәм 2 баҳалар төмен болып, оларды раўажландырыў кереклигин көрсетеди.
- Минез-қулықтың ҳәр бир тәрепине шеп жақта баҳа жазың.
Сабырлы болыў – басқа адамларды қандай болса, сондайлығынша, әсиресе олардың минез-қулқы минсиз емеслигине қарамай, қабыл етиўге сөзсиз таяр болыў (Рм 15:7).
Басқаларға реҳимли болыў – басқалардың, әсиресе набыт болғанлардың ҳәм Масихты билмейтуғынлардың аўырманлығын сезиниў ҳәм оны жеңиллетиўди қәлеў. (Петрдиң 1-хаты 3:8).
Қанаатланыў – өзиң ийе болған жағдай ямаса аўҳалға қанаат етиўди билиў (Филиплилерге 4:11-12).
Батырлық – қәўип, қорқыныш ямаса машқалаларға қарсы турыў ушын, руўхый күштиң көриниўи (Филиплилерге 4:13).
Ҳүрмет етиў – басқаларды ҳүрмет етиў, басқалардың тилеклерин ҳүрмет етиў (Тимофейге 1-хат 5:1-2).
Үмит етиў – ҳәтте, ўәде еткен нәрсеңди орынлаў қыйын болса да, өз сөзиңде турыў қәбилети (Матта 5:37).
Инталы болыў – иске ғайратлы болып, тырысқақ ҳәм ықласлы болыў (Колосалыларға 3:23-24).
Ақыллы болыў – шегарадан шығып кетпеў қәбилети; ҳәдден тыс кетпеў, адамның ис-ҳәрекетте, ойларда ҳәм сезимлерде өзин тутып билиўи (Сулайманның ҳикметлери 5:1-2).
Шыдамлылық/Турақлылық – қыйыншылықларға, бахытсызлықларға ямаса стресслерге шыдаў. Азап яки апатшылықларда үмитти жойтпай, жеңилмей, беккем болып қалыў (Римлилерге 5:3-4)
Садықлық – өз ўәделериңде беккем турып, өз ўазыйпаларыңды орынлаў (Матта 25:21)
Әдалатлық – ҳеш кимниң бет-жүзине қарамай, ҳадал болыў. Жеке мәп, наҳақ пикир ямаса еки жүзликтиң болмаўы (Тимофейге 1-хат 5:2 1)
Бейимлилик – өзгерислерге тыныш қатнас жасаў ҳәм жаңа жағдайларға жеңил бейимлесиў (Коринфлилерге 2-хат 2:12-13)
Сабыр-тақатлық – қандай да бир ҳәрекетлерден өзин тутып билиў, биреў ашыўға тийген ўақытта, өзин услап билиў қәбилети (Сулайманның ҳикметлери 15:1)
Кеширим бериў – қапа қылған адамға деген өкпе-гийнеге ийе болмаў, наразылық, даў ямаса өш алыўдан бас тартыў (Ефеслилерге 4:32)
Сақыйлық – сақыйлық пенен бериў. Ўақыт, ақша ямаса мал-мүликти даналық пенен басқарыў (Коринфлилерге 2-хат 8:9, 9:7).
Жумсақлық – кескинлик, қаталлық ямаса жаўызлықты көрсетпеў (Ефеслилерге 4:2)
Миннетдаршылық – алған нәрсени қәдирлеп билиў, шын миннетдаршылық билдириў жоллары, ҳәмме ўақытта миннетдар болыў (Ефеслилерге 5:20)
Ҳадаллық – ҳадал ҳәм әдалатлы ислер. Жалған яки өтириктиң болмаўы (Сулайманның ҳикметлери 8:6-8)
Миймандослық – қонақларға сақый ҳәм кеўил ашықлық пенен қатнас жасаў. Жағымлы ямаса қоллап-қуўатлаўшы жағдайды жаратыў (Петрдиң 1-хаты 4:9)
Кишипейиллик – ҳүрмет ямаса кишипейиллик. Менменликтиң ҳәм өркөкирекликтиң жоқ болыўы. Ал ҳақыйқат ҳәм дурыс болған нәрсени беккем услаў қәбилети (Ефеслилерге 4:2)
Баслама көтериў – сырттан тәсир ямаса қадағалаў болмаса да, қандай да бир исти жигер ҳәм қәбилет пенен баслаў (Сулайманның ҳикметлети 24:3-34)
Инсаплы болыў – әдеп-икрамлықты беккем сақлаў, сатылмаў (Тимофейге 1-хат 3:2-3)
Қуўаныш – қандай жағдай болыўына қарамастан, ҳәмме ўақытта үмитти сақлап қалыў (Яқып 1:2-3)
Ийгилик – мийримлилик ямаса шыдамлылық көрсетиў қәбилети. Дослық ямаса мийрим-шәпәәт (Колосалыларға 3:12-13)
Сүйиспеншилик – басқа адамның мәпи ушын, бийғәрез ҳәм кең пейиллик пенен ғамхорлық көрсетиў (Коринфлилерге 1-хат 13:6-7)
Опадарлық – қандай да бир иске, идеалға, миссияға, қымбатлы нәрсеге ямаса адамларға садық болыў (Сулайманның ҳикметлери 6:6)
Кишипейиллик – хорлаўларға сабырлылық пенен, наразылық көрсетпей, өз күшимизди қадағалаў менен шыдаўды шешиў (Коринфлилерге 2-хат 10:1)
Сабырлылық – азап ямаса қыйыншылықларға шағым жасамай, тыныш шыдаў. Асықпаў, сезимлерге берилмеў. Қарама-қарсылықлар, қыйыншылық ямаса бахытсызлықларға қарамай, қайсарлық көрсетиў (Яқып 5:10-11).
Пәклик-Мухаддеслик – әдеп-икрамсыз ислер ямаса айыплардың болмаўы. Бир-бирине қарсы келетуғын принциплердиң, жүзеки нийетлердиң, екижүзликтиң жоқ болыўы. Бузықшылықтың болмаўы (Тимофейге 1-хат 4:12).
Басқаларға ҳүрмет пенен қатнас жасаў – басқаларды ҳүрметке ылайық көриў. Басқаларға деген ҳүрмет ямаса иззет (Филиплилерге 2:2-4).
Жуўапкершилик – өз ис-ҳәрекетимиз ҳәм өз миннетли ўазыйпаларымыз ушын жуўапкер болыў; жақсылық пенен жаманлықты айырып билиў (Матта 25:21).
Адамның өзин тутып билиўи – оның өз қәлеўлерин, сезимлерин ямаса тилеклерин қадағалай алыўы (Коринфлилерге 1-хат 9:25-27).
Сезгирлик – басқалардың талапларын ҳәм қандай сезимге ийе екенин көре билиў (Ефеслилерге 4:29)
Ҳақ нийетли болыў – өз ойларымызды ҳадаллық пенен билдириў; екижүзлиликтиң жоқ болыўы (Римлилерге 12:9-10).
Жаңа нәрсени үйрениўге қәбилетли болыў – үйрениўге деген қәлеў; билим алыўға қәбилетли болыў (Матта 10:24)
Дурыслық – дәлиллерди бурмаламай жеткизиў.
Қәтелердиң нәтийжелерине жуўап бериў қәбилети
(Ефеслилерге 4:25).
Адамның минез-қулқын тексериў – бул оның өз өмириндеги айрықша сәтлерде қалай ис тутыўы емес, ал оның ҳәр қандай уллы ямаса тынышсызландырыўшы ўақытларда бәрқулла қалай ис тутыўы болып табылады.
Освальд Чэмберс
МИНЕЗ-ҚУЛЫҚТЫ БАҲАЛАЎ
М инез-қулықта не зәрүр, деп пикир жүргизгендеги Жазыўлар
- Өзиңизди, өз күшли тәреплериңизди, және де, өз талапларыңызды анық баҳалаң.
- Сизде еле қандай қәсийетлер жетиспейтуғынын ямаса өзиңизде қандай минез-қулықты раўажландырыўыңыз керек екенин белгилеп алың.
- Егер минез-қулықтың қайсы тәреплерин раўажландырмасаңыз, сизге көбирек нәтийже бериў орнына күшли кесент етиўи мүмкин екенин белгилеп алың.
- Қудайдан сиз раўажланыўыңыз керек болған усы тараўларды көрсетиўди сораң.
Минез-қулықтың күшли тәреплери
Минез-қулықтың раўажландырыў керек болған тәреплери
Усы талапларды қанаатландырыў ушын, сиз не қыла аласыз?
- Биринши гезекте минез-қулықтың қайсы тәреплерин раўажландырыў керек екенин шешип алың, не ушын сондай екенин сүўретлеп бериң.
- Өзиңиз ерискиңиз келген өзгерис ҳәм жақсыланыўды сүўретлең.
- Қудайдан өзиңизди иштен өзгертиўди сорап, усы мүтәжликлер ушын туўрыдан-туўры дуўа етиң.
Қолланыў
- Сиз өзиңизден раўажланыўдың нәтийжелери туўралы сораўды келисип алатуғын бир-еки исенимли достыңызды анықлаң. Оларға ҳәммесин исенип, ҳәммеси менен бөлисе аласыз.
- Өзиңиз исене алатуғын басқа адамларға минез-қулықтың тәреплериниң дизимин көрсетип, олар сизиң өмириңизде көрип турған үш күшли ҳәм үш ҳәлсиз тәрепти таңлап алың.
ТҮСИНДИРМЕ: Сизиң барлық бақлаўларыңыз ҳәм келисимлериңиз тийкарында, жеке раўажланыў жобасын дүзиң.