Балаларды тәрбиялаў ҳәм оларды жазаалаў
Ата-ана балаларды тәрбиялаўды қай жерден үйрениўи мүмкин?
Онлаған жыллар алдын, бир балалар шыпакери бестселлер болған бир китапты жазды. Ол китапта ата-аналарға өз ўазыйпаларын орынлаў бойынша кеңеслер берген еди.
Бул китаптан миллионлаған адамлар кеңес алған еди.
Бир журнал бүгин бизлер сол балалар шыпакери бизлерди қандай қылған болса, сондай екенимизди жазған еди.
Солай етип, шыпакер, сизиң кеңеслериңиз бойынша тәрбияланған әўладтан кеўлиңиз тоқ па?
Ҳеш қандай да. Өмириниң ақырында сол шыпакердиң руўхы түскен еди.
Оның жол-жорықлары бойынша тәрбияланған усы әўлад оның үмитлерин ақламады.
Улыўма айтқанда, оны кеңеси бойынша тәрбияланған жаслар байлық топлағыш, жынысый қатнасқа өш, менмен ҳәм руўхый жарлы еди.
Тоқтап, бул туўралы ойланып көриң.
Сиз балаларыңызды тәрбиялаўда, оның китабындағы кеңеслер бойынша ис тутасыз. Нәтийжеде апат келеди. Сиз сонда не ислейсиз?
Сиз балаларыңызды қайтадан тәрбиялаў ушын, ўақытты артқа қайтарасыз ба? Егер буны қалай ислеў кереклигин билип алсаңыз, өтиниш, бизге буны хабарласаңыз.
Сиз балаңызды отырғызып қойып, оларға мыналарды айтасыз ба:
«Мен сени 15 жыл даўамында надурыс тәрбияладым. Негизинде, сен мынадай емес, ал анадай ислеўиң тийис».
Өз балаларыңызға жеткизген зыянды қалай дүзетиўге болады?
Көп ата-аналар мынадай сораў берди:
«Өз балаларымызды тәрбиялаўды үйрениў ушын, қандай мектепке барыўға болады?»
Мүмкин, бул ўақыт даўамында жүдә исенимли кеңес сизлер ойлағаннан да жақын болған шығар.
Ақырында биз буннан 3 000 жыл бурын жазылған Сулайманның ҳикметлеринен жәрдем алыў, мәңгилик ҳақыйқатты билиў ҳәм ол тийкарында балаларды тәрбиялаў ушын, жағдай қаншелли жаманласыўы тийис?
Сол шыпакер ҳәммесин апатқа әкелгенин түсингенше өмир сүрди.
Усы ўақытқа келип, Сулайманның бул дүньяда болмағанына 3000 жыл болған ҳәм ол балалардың тәрбиясы туўралы өзи айтқан кеңеслер себепли өкинбеген.
Ол бизлерди неге үйретиўи мүмкин?
Келиңлер, Сулайманның ҳикметлеринде балалар тәрбиясы ҳәм оларды жазалаўға байланыслы берилген төрт сабақты дыққат пенен қарап шығайық:
- тәрбия ҳәм жаза себеплери
- тәрбия ҳәм жазаның үзликсиз болыўы
- тәрбия ҳәм жазаның шеклениўи
- тәрбия ҳәм жаза нәтийжелери
Балаларды тәрбиялаў ҳәм оларды жазалаў бойынша биринши сабақ: буны ислеў бойынша салдамлы себеплер.
Сулайманның 22:15
Ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар, тәрбиялаўшы қамшы оны соннан арылтар.
Бул аятта биз өз дыққатымызды жәмлеўимиз керек болған бир неше тийкарғы сөзлер бар.
Аят «ақылсызлық өспиримниң жүрегинде бар» деген сөзлерден басланады.
Бул жерде бала өзин баладай болып тутады деп айтылмаған.
Бул сөзлер пүткиллей басқа мәниске ийе.
Ақылсызлық – бул гүналарға деген бейимлилик болып, ол гүнаға тийисли.
Салдамсыз ис-ҳәрекет қамлық пенен байланған.
Мен бала ўақтымда, бидондағы сүтти төккенимде, сүт асхана еденине төгилип, ол кейин подвалға ағып кеткен ҳәм мени бул ушын жазалаған еди.
Мен сүтти сол жаста ебетейсиз болғаным себепли төгип алған едим. Бул ата-аналар ушын жазалаўға себеп болмайды.
Басқа тәрептен қарағанда, мен әкем менен тартыссам, бул ата-ананың жазасына минәсип гүнакар ис болады.
Баланың жүреги усы ақылсызлық (гүналарға деген усындай бейимлилик пенен) пенен байланған.
Бир достым күнлердиң биринде мениң чемоданымдағы жипти соншелли қатты тартып байлағанлықтан, маған оны шешиў ушын көп ўақыт керек болды.
Минекей, «байланған» деген усы мәнисти билдиреди. Ақылсызлық жүректи қатты байлап таслайды. Оның азат болыўы ушын, қандай да бир әсбап керек болады. Мысалы: оны баладан аўлағырақ алып таслаў ҳәм жүрек даналыққа бөлениўи ушын, оған кеңислик бериў ушын қамшы керек болады.
Айтпақшы, қамшы шыбық формасынан басқа ҳәр түрли формаларға ийе болыўы мүмкин.
Жаман минез-қулықты тоқтатып, әдепли минез-қулыққа жәрдем бериў ушын жетерли дәрежеде күшли аўырыў жеткизиўши ҳәр қандай жаза қамшы менен тең.
Баланың әдепсиз минез-қулқын тыйыў ушын тәртипке салыўшы қамшы зәрүр болады.
Бала өзлигинен дүзеле алмайды.
Бул жазалаў ушын салмақлы себеп.
Тилекке қарсы, айырым ата-аналар тәртипке салыўшы қамшы емес, ал басқа бир нәрсе қолланыўға таяр.
19-әсирдеги алтын лихорадка заманында, адамларды Масихқа
әкелиўге ықласлы болған бир жалынлы Хош Хабаршы өз ҳаялын ҳәм балаларын таслап, алтын излеп жүрген адамларға Хош Хабар айтыў ушын жүзлеген шақырым жерге қарай раўана болды.
Сиз ол туўралы ҳеш қашан еситпеген болыўыңыз мүмкин.
Бирақ оның уллары пүткил дүньяға белгили ганстерлер болды. Егер әкеси оларды таслап кетпегенде, улларының кәсиби минәсип кәсип болыўы мүмкин еди.
Жуўмақлап айтқанда, қанша масихый Хош Хабаршылар ҳәм хызметшилер балаларын таслап кетип, ҳәзир қандай да бир руўхый нәрселер болып атырған жерде болыўға тырысады.
Жүдә жийи-жийи бизиң минез-қулқымыз көбинесе бизиң балалық ҳәм өспиримлик жылларымыз салған формаға ийе болады.
Сиз өз балаларыңызды қандай формаға салыўға ҳәрекет етесиз?
Сулайманның 22:6
Баланы жастан туўры жолға сал, ол қартайғанда да оннан таймайды.
«Туўры жолға сал» деген сөзлер сизиң баланы Масихты қабыл етиў бойынша дуўа етиўине тек ийтермелеўиңизди аңлатпайды.
Бул сизиң оған үзликсиз сүйиспеншилик көрсетиўиңизди ҳәм оның минез-қулқын дүзеп барыўыңызды, гүнакар жүректи иркип, онда Қудайдың жолы менен жүриў бойынша тилек оятыўды аңлатады.
Ата-ана тәрбия бойынша қандай жол-жорықты қолланыўы тийис?
Ал жынысый пәклик бойынша, ақшаларға қандай қатнаста болыў, ҳақлық, инта, сөзлерди қолланыў, мийнеткешлик, дослық ҳәм ең баслысы Ийемиз бенен бизиң қатнасымыз туўралы Сулайманның ҳикметлери не дейди?
Сулайманның ҳикметлери 22:6 дағы «Жастан» деген сөз ата-ана баланың айрықшалығын, оның сийрек гезлесетуғын сыйларын, Қудайдың оның өмириндеги арнаўлы шақырығын ҳүрмет етиў кереклигин билдиреди.
Басқаша қылып айтқанда, баланы өзиңиздиң жеке мақсетлериңизди орынлаўға мәжбүр етпең.
Баланың қандай сыйлары бар?
Оны не қызықтырады?
Ол не нәрсени жақсы ислей алады?
Оған ашылыўға жол қойың.
Оған ашылыўға жәрдем етиң.
Биреў маған: «Балаңыз 12 ге шықпай турып, оны маған бериң», кейин оны ким басқаратуғыны маған қызық емес», – деген еди.
Бала қәлиплесетуғын усы жыллар оның қалған пүткил өмирине күшли тәсир жасайды.
Сүйиспеншилик пенен даўам етип тәрбиялаў әдетте бәрқулла жақсы нәтийжесин береди.
Сулайман бизиң заманымыз бенен енди байланыслы емес деп ойлайтуғынлар ушын биреў былай мысқыллап жазған еди:
«Баланы жас жынаятшы қылып тәрбиялаў ушын не ислеў керек:
- Жас бала ўақтында, балаға қәлеген ҳәмме нәрсесин бериң. Сонда ол үлкейгенде, дүнья оның алдында қарыздар деп ойлайды.
- Бала биреўдиң изинен жаман ҳәм уят сөзлерди тәкирарласа, оның менен бирге күлиң.
- Оған ҳеш қашан қандай да бир руўхый нәрсени үйретпең. Ол 21 жасқа шығаман дегенше, күтип турың ҳәм ҳәммесин оның өзи шешиўи ушын рухсат етиң.
- «Надурыс» деген сөзди қоллнабаң. Бул сөз балада айып сезимин раўажландырады.
- Оның изинен ҳәмме нәрселерин – оның китапларын, аяқ кийимин ҳәм кийимлерин жыйнап жүриң. Ол барлық жуўапкершиликти басқаларға жүклеў бойынша шынығып барыў ушын, ол ушын ҳәммесин өзиңиз ислең.
- Оған қолына түскен ҳәмме нәрсени оқыўға рухсат етиң (ол телевиздордан ямаса интернеттен не көрип атырғанына қараўды ойламаң да). Патас ыдысларды өзиңиз жуўың, бирақ оған өз мийин ипласлаўға рухсат етиң.
- Оның көзинше, жубайыңыз бенен урысың.
- Оның бир нәрсени жеў, ишиў, арқайын отырып алыў бойынша ҳәр бир тилегин, оның ҳәр бир дене қәлеўин қанаатландырың. Бийкарлаў қәўипли түңилиўшиликке алып келиўи мүмкин.
- Сарплаў ушын балаға қәлегенинше ақша бериң. Оның өзин ақша табыўға мәжбүр етпең.
- Қоңсылар, муғаллимлер ҳәм полиция менен қатнас жасағанда, оны жақлаң. Олардың ҳәммеси балаға қарсы.
- Ол ҳақыйқаттан жаман ўақыяға дус келгенде, өзиңизге: «Мениң ҳеш қашан оған күшим жетпеген», – деген ақлаўды ойлап табың.
Усы кеңеслерге қулақ салып, бахытсыз өмирге таярланың.
Мен бир сапары бизлердеги өспиримлер топарына машина айдап келетуғын (бизиң қаламызда бундай жаста машина айдаў қадаған етилген) бир 14 жасар баланы ушыратып қалдым.
Оның бизиң топарымызға келмей қойғаны ашынарлы.
Оның Қудай менен бирге жүрмегени ашынарлы.
Бирақ жаслар менен ислесетуғын масихыйларға ҳәптесине еки саат ишинде ата-анасы баласына көплеген жыллар даўамында жеткизетуғын зыянды дүзетиў қыйынға соғады.
Сонлықтан өспиримлерге хызмет етиў соншелли қыйын болыўы мүмкин.
Сонлықтан биз өспиримлеримиз ҳәм өспиримлердиң жетекшилери ушын көп дуўа етиўимиз тийис. Олар усыған мүтәж.
Булар тәрбия бойынша айырым себеплер, тәрбия бойынша биринши сабақ болып табылады.
Ал екинши сабақ – бул тәрбияның үзликсиз болыўы.
Сулайманның 13:24
Жазалаўға баласын аяған баласын сүймейди. Баласын сүйген балалықтан тәрбиялайды.
Өз балаларын сүйген адам оларды кешиктирмей жазалайды.
Жазалаўдан бас тартыў – бул сүйиспеншиликтиң емес, ал жек көриўшиликтиң белгиси.
Демек, жаман минез-қулық оған итибар бермегени арқалы сыйлықланады.
Тәрбиялаў, дүзетиў ушын мәўрит қолдан шығарылды.
Мениң әжапам турмысқа шыққанда, маған ол балалары жазаға турарлы ис қылса да, қылмаса да, ҳәптесине бир рет шапалақ берип туратуғынын, ким басшы екенин көрсетип қоятуғынын айтқан еди.
Егер сиз ҳәзир оның балаларын көргениңизде, оларға ҳеш қашан шапалақ бермегенин түсинер едиңиз.
Усындай жүдә ҳәр түрли болған нәрселерден қашыў керек.
Бул аятта бизге өз ўақтында, ақыллы түрде берилген жаза сүйиспеншиликтиң нышанын билдиретуғынын айтады.
Егер биреў сизге үш ай бурын бир нәрсени надурыс ислегениңизди айтқанда, бул ашыўыңызды келтирген болар еди.
Мениң өмиримде усындай болды.
Мен арадан үш ай бурын не ислегенимди анық еслеўим керек пе?
Ўақыялар естен өшип кетеди.
Өз гүналарымыз арқалы қашан үйренемиз?
Гүнаны ислеўден-ақ.
Биреўдиң айтыўынша, ересек еменнен гөре, жиңишке шақаны бүккен аңсатырақ.
Тәрбияны балалар еле кишкене ўақтында баслаң.
«Минез-қулық – бул егер оны жийи-жийи қырқып турсаң, еле де беккем болып өсетуғын өсимлик».
Бул жағдайға Еврейлерге 12:5-11 туўры келеди:
Қудайдың Өз улларына сөйлегендей қылып, сизлерге айтқан мына ақыл-нәсиятын умыттыңыз:
«Улым! Жаратқан Ийемиздиң тәрбиясына итибарсыз қарама,
Ол сени әшкаралағанда, руўхыңды түсирме.
6 Себеби Ол сүйген адамын тәрбиялайды,
Улы қылып қабыл еткен ҳәр бир адамын жазалайды»u.
7 Тәрбияланыў ушын шегип атырған азапларыңызға шыдаңлар. Қудай сизлерге Өз балаларындай қатнас жасап атыр-ғо. Әкеси тәрепинен тәрбияланбайтуғын ул бола ма? 8 Ҳәр бир адам алатуғын тәрбияны алмай атырған болсаңыз, онда сизлер ҳақыйқый уллар емес, ал некесиз туўылған балаларсыз. 9 Сондай-ақ, бизлерди тәрбиялаған дүньядағы әкелеримизди бизлер ҳүрмет ететуғын едик. Ондай болса, руўхый Әкемиз болған Қудайға еле де көбирек бойсынып жасаўымыз керек емес пе? 10 Әкелеримиз бизлерди өзлери дурыс деп ойлаған жол бойынша қысқа ўақыт ишинде тәрбиялады. Бирақ Қудай Оның мухаддеслигине шерик болыўымыз ушын, бизлердиң пайдамызды ойлап тәрбиялайды. 11 Тәрбиялаў ушын берилген ҳәр бир жаза ўақтында қуўаныш емес, ал қапагершилик алып келеди. Бирақ кейин ала ол усылай тәрбияланған адамларға тынышлық бериўши ҳақлық алып келеди.
Қудай Ийса Масихты өз Қутқарыўшысы сыпатында қабыл еткен ҳәммениң Әкеси. Ол пүткиллей пәк ҳәм өмиримиздеги нәрселер арқалы сүйиспеншилик көрсетеди. Ол бизлерди жазалаўға қорқпайды ҳәм сол себепли бизиң жердеги әкелеримиз де Оннан үлги алыўы керек.
Өлимге апаратуғын жол тыныш, ал өмирге апаратуғын жол қыйын.
Шайтан жас бала ўақытта-ақ пайда болады.
Ал бизлер қай жердемиз?
Егер сиз ҳәмме ўақытта жазалаў керек деп санамайтуғын болсаңыз, онда сизге Сулайманның ҳикметлери 19:18 былай дейди:
Үмит барда балаңды жөнге сал, оның өлиўине айыплы болма.
Бул нени аңлатады?
Бул сизде өз балаңыздың минез-қулқын қәлиплестириў ушын тек аз-маз ўақыт ғана бар екенин аңлатады.
Кейин бир нәрселерди дүзетиў ушын жүдә кеш болатуғын ўақыт келиўи мүмкин.
Сиз өз балаңызды жазалаўдан бас тартсаңыз, оған өлим ҳүкимин шығарған боласыз. Өйткени балада жаман әдетлер қәлиплеседи.
Егер сиз баланы жазаламасаңыз, онда сиз оннан толық раўажланыў ҳәм ержетиўге деген үмитин тартып алған боласыз.
Балаларыңыз үйден бир жаққа баратырғанда, олар ушын дуўа етиўиңиз мүмкин. Бирақ сиз оларға еле жас ўақтында үлкен тәсир жасайсыз.
«Өмирге Мухаддес Китап нәзеринен қарайтуғын ҳеш бир ата-ананы жазаның үзликсиз болып турыў кереклиги таң қалдырмайды».
Дана адамлар ушын жазаның зәрүр екени анық.
Минекей, екинши сабақ. Ол – жаза үзликсиз болыўы кереклигинен ибарат.
Бирақ сиз жаза ушын шеклеўлер зәрүр екенин билесиз. Сонлықтан жазаның үшинши сабағы шеклеўлерге тийисли.
Айырымлар балаларын тәрбиялай отырып, оларды аяўсыз түрде жазалаў усылын да қолланады. Бул адамның етин түршиктиреди.
Бизге баланы өлтириў менен оны жазалаў бирдей болып, бул жаўызлық болып табылады, дейди.
Бирақ Мухаддес Китапта жаза ҳаққында айтылғанда, жаўызлық нәзерде тутылмайтуғынына гүман жоқ.
Анық түсиникли болыўы ушын, мине, бир неше аят.
Сулайманның 20:9
Ким: «Мениң жүрегим таза, ҳадал ҳәм гүнасызбан», – деп айта алар.
Мен сизден артықпан.
Мен өз өмиримди гүнадан өзим тазаладым.
Мен енди гүнасызбан,
Ал сизлер гүналарыңыз себепли сондай оңбағансыз.
Минекей, сизлер қандайсыз!»
Бизиң планетамыздағы ҳеш бир адам бундай деп айта алмайды.
Ҳеш бир адам өзин гүнасызбан деп, мақтана алмайды.
Бул аят – ҳәммениң гүна ислегенин ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылғанын айтыўдың және бир усылы.
Ҳеш бир адам өз жүрегин толық тазалай алмайды. Сонлықтан ҳәр бир адамды тазалаў ушын Қутқарыўшы керек. Бул бизге басқаларды жазалағанда, шеклеў болып хызмет етеди.
Ҳеш бир адам өз күши менен гүнасыз болғаны менен мақтана алмайды.
Аўа, бүгин маған бул адамға гүнасын көрсетиўге туўры келеди. Бирақ мен өтмиште өзим де гүнакар болдым.
Мен келешекте де гүнакар боламан. Сонлықтан мен сизден ҳеш артық емеспен.
Бизлерде гүна себепли машқала болғанлықтан, бул басқаларды жазалағанымызда, бизлерди шеклейди.
Сулайманның 20:22
«Жаманлық ушын өш аламан», – деме. Жаратқан Ийеге тапсырып күт, Ол сени қутқарар.
Жаза – бул өш алыў емес.
Егер сиз өш алып атырған болсаңыз, онда сиз Қудайдың ҳәммесин басқарып турғанына қанаат етпейсиз.
Өш алыў менменлик нәтийжесинде пайда болады.
Өш алыўда күтилмеген нәтийже – бул келиспеўшиликтиң шешилиўи емес, ал оның күшейиўи болып табылады.
Адамлар Қудайға исенбегенликтен өш алады.
Қудайдан басқа ким қайтара алады?
Жаза ата-ана ушын емес, ал бала ушын. Жаза ересек адамның шаршағанын шығарыўы ушын емес, ал баланың ержетиўи ушын арналған.
Өш алыў Қудайға тийисли ҳәм бул да жазаның шеклениўи болып табылады.
Жазаны шеклеўдиң және бир түрин Сулайманның ҳикметлери 20:7 ден табыўға болады:
Әдил минсиз жасар, изиңдеги балалары бахытлы болар!
Бизге бул жерде анық түрде егер ата-ана туўры жолдан жүрсе, Қудай ушын жасаса, буны балалары көреди ҳәм олар ата-анасына еликлейди деп айтылған.
Егер сиз ислериңиз бенен сөзлериңиздиң бир болыўына умтылсаңыз, сизде жаза қолланыўға зәрүрлик аз болады.
Адамлар ҳақ минез-қулыққа жийи-жийи ата-анасының үлгили ҳақ өмирин бақлай отырып ериседи.
Мен шама менен 8 жаста болғанымда, ата-анам өзлериниң ең ғарры ҳәм жақын досларын кешки аўқатқа мирәт етти.
Кешки аўқаттан соң, әкем меннен оларға жаңа ойыншығымды көрсетиўди өтиниш етти.
Тилекке қарсы, ойыншық дурыслы ислемей қалып, мен ҳәммениң алдында бир-еки уят сөзди айтып жибердим.
Әкем қатты уялып қалды. Ол меннен: «Сен бундай сөзлерди қаяқтан үйрендиң?» – деп сорады.
Мен жуўап берип: «Сен бүгин азанда өзиң усындай сөзлерди айтқан едиң-ғо», – дедим.
Бул рас еди.
Бирақ мен әкемниң бул сөзлерди қолын пышқы менен қатты кесип алғанда айтқанын билмеген едим.
Мен өмиримде әкемниң сөгингенин усы бир рет-ақ көрген шығарман.
Бирақ мен әкем оларды айтқан болса, демек, оларды мен де қайталасам болады, деп ойладым. Бул оны қатты уялдырып таслады.
Кишкене көзлер ҳәммесин көреди, киши қулақлар ҳәммесин еситеди.
Бул аятта избе-излик кереклиги айтылады.
Бизиң ҳәрекетлеримизде өмиримиздиң шегараларынан шығып кететуғын нәтийжелер бар.
Бул аятта себеп, те, нәтийже де бар.
Егер балалар хожалықта күннен-күнге принциплерге садықлықты көрип барса, олар бул принциплерди ана сүти менен өзлестириўи мүмкин.
Принциплерге садықлық бизди шеклейди ҳәм бизге шетке шығыўға рухсат етпейди.
Солай етип, биз мыналарды таллап шықтық:
1-сабақ – не ушын жазалаў зәрүр (тәртип)
2-сабақ – жазаның үзликсиз болып турыўы
3-сабақ – жазаның шеклеўлери
Булар бизди тәрбия бойынша 4 сабаққа, тәрбия нәтийжелерине алып келеди.
Егер биз усы ўақытқа дейин қарап шыққан ҳәмме нәрсени салдамлы түрде қабыл етсек, нәтийжелери қандай болады?
Сулайманның ҳикметлери 20:11
Ҳәтте, бала да исинен билинер, оның тазалығы да, дурыслығы да ҳәрекетинен аян болар.
Маған адамлардың: «Жаслар келешектеги жәмәәттиң бир бөлеги», – дегени унамайды.
Бундай деп айтыў жаслар бүгинги күнде жәмәәтке ҳеш қандай үлес қоса алмайды дегенди билдиреди.
Бундай деп айтыў биз олардан ҳәзир ҳеш нәрсе күтпеймиз, дегенди билдиреди.
Бул дурыс емес.
Егер балалар бүгин бар болса, олар жәмәәттиң бүгининиң бир бөлеги болып табылады.
Олар өзлериниң жақсы ислери менен жәмәәтке үлкен үлес қоса алады.
Сулайманның ҳикметлери 20:11
Ҳәтте, бала да исинен билинер, оның тазалығы да, дурыслығы да ҳәрекетинен аян болар.
Жаслар Ийса Масихқа келип, Оны өзиниң жеке Қутқарыўшысы сыпатында қабыл еткеннен соң ғана айырмашылыққа ийе болыўы мүмкин. Олар басқаларды Масихқа әкелиўи ҳәм өзлериниң өмиринде Масих қалай ислеп атырғанын айтып бере алыўы мүмкин.
Мениң бир достым азанғы хызмет ўақтында бир бала Мухаддес Китаптан не билгенин айтып бергеннен соң, өз өмирин Ийемизге қайтадан бағышлаўға қарар етти.
Мениң достым Ийемизге қулақ аспағанлықта соншелли әшкараланып, баланың қулақ асқаны арқалы кишипейиллике ийе болып, ҳүжданы қыйналып, дәрҳал тәўбе етти.
Айтпақшы, балаларымыз ҳәм жаслар екшемби күнги жыйналыста бир нәрселерди бәрқулла айтып бергени жақсы болмас па еди? Бизлердиң ҳәммемиз ушын, бул үлкен жубаныш болар еди.
Егер жаслардан ҳеш нәрсени күтпесеңиз, онда ҳеш нәрсе ала алмайсыз да. Егер сиз олардан үлкен нәрселерди күтетуғын болсаңыз, онда үлкен нәтийжелерди көресиз.
Нени излеўди билетуғынлардан ылайықлы тәрбия белгилери бәрқулла көринип турады.
Бизлер балаларымыздан Масихқа уқсап барыў белгилерин излеўимиз тийис.
Қудай балаларды тек келешектеги ересек адамлар сыпатында емес, ал бала сыпатында көреди. Биз де балаларға солайынша қараўымыз тийис. Жақсы ислер (олар жүдә ҳәр қыйлы болыўы мүмкин) дурыс тәрбияның дәлили болып табылады. Жәмийеттиң ылайықлы ағзасы сыпатында, ҳәтте, баланы тән алыў арқалы хожалыққа ҳүрмет көрсетиледи.
Жақсылық бәрқулла тек ишки қәсийет болып қалмай, ал ол ересек адамларға да, жас адамларға да тийисли. Сизди жемисиңизге қарап биледи, бул ересек адамларға да, жас адамларға да тийисли.
Дурыс тәрбия ҳәм жаза неге алып келеди?
Сулайманның 20:29
Жаслардың мақтанышы – олардың күш-қуўаты, жасы үлкенлердиң абырайы – олардың ақ шашлары.
Сизди қартайғанша ҳүрмет етиўи ушын, қалай жасаў керек?
Тәрбия ҳәм жазаға дурыс қатнаста болып. Улыўма алғанда, қулақ аспаў қыйралыўға алып келеди. Улыўма алғанда, қулақ асыў узақ өмир сүриўге алып келеди. Мухаддес Китапта ақ шашлар қулақ асыўдың ҳәм жарылқаўға ийе садықлықтың тажы болып табылады.
Ақ шашлы адамың физикалық күши қандай болыўына қарамай, оның руўхый ҳәм әдеп-икрамлық күши келеси әўладларды алып жүриўши Қудайға ғайрат пенен хызмет етиў ушын жасларды руўхландырыўшы маяк болып табылады.
Биз күшли жасларды қошаметлеўимиз, ал ақ шашлылар алдында ҳүрмет пенен бас ийиўимиз тийис.
Қартайыў әпиўайы нәрсе емес. Бул ҳәлсиз адамлар ушын емес.
Үлкен жастағы исениўшилердиң өмириндеги көплеген ўақыялардың тийкарында ата-ананың беккем қолын көриўге болады. Оларда бийпәрўалық болмай, олар балаларын тәрбиялап, оларды жазалаған.
Жатырған тас астынан суў ақпайды, деген сүрен тек физикалық жеделлик ҳаққында емес. Ол руўхый раўажланыўға да тийисли.
«Егер мен өмирде бир нәрселерди үйренген болсам, онда бул тәрбия ҳәм жазаны баҳалайды».
Сиз бул сабақты өзлестирип алдыңыз ба? Балалларыңызды тәрбиялағаныңызда, Сулайманның ҳикметлерин жүдә жақсы билетуғыныңызды көрсетесиз бе?