Бала шетнеў
«Мени ҳеш нәрсе балаларымның өлимине таярлмады». Өмирде ол сыяқлы күтилмеген, соншелли көп дәрт келтиретуғын, бағдардан адастыратуғын нәрселер аз. Келеси мақалалар усы сынақтан өткен ҳаяллар, исениўши ҳаяллар тәрепинен жазылған.
Қуўаныш тек бүгинги күн ушын
Забур 117:24 «Бүгин Жаратқан Ийениң жаратқан күни, Буның ушын қуўанып, шадланайық!»
Мениң өмирим Ийемиз ислеген тири гүўалық болды. Мен наркотик шеккенди, арақ ишкенди қойып, туўры өмир кешириўди баслағаннан соң, арадан алты ай өткенде, турмысқа шықтым. Ийемиз маған әжайып ул перзент берди. Улым ўақтынан үш ай бурын туўылды.
Мен оны қолыма алғаннан соң, атын Елисей деп қойдық. Бул әжайып, таң қаларлық ҳәм қуўанышлы бала болды. Ол мен ҳәм мениң хожалығым ушын саўға еди.
Бирақ Ийемиз Елисейди 22 жасында тис емлеткенде жүз берген асқынлап кетиўден кейин, аспандағы үйине алып кеткенде, дүнья тас-түнек болып қалды. Жүрегимниң қуўанышы бул дүньяны тәрк етип, мени дәрт, қайғы ҳәм түскинлик пенен жалғыз қалдырды. Ўайран етиўшилик сениң жаныңа урланып кирип, қуўанышыңды урлайды. Қайғы күшиңнен айырып, өмирди күн сайын жей баслайды, ал қайғы дем бермейди, өмирдиң тири ҳаўасынан дем алдырмайды, көрпе сыялы басыңнан баслап жаўып таслайды. Өмирим бирден меннен тартып алынды ҳәм менде енди және бир күнди Ийемизден маған берилген әжайып саўға менен өткизиўге мүмкиншилик бермеди.
Забур 138:7 де былай делинген: «Сениң Руўхыңнан қаяққа қаша аламан?» Қаяққа барсам да, Сен сол жердесең. Өзимнен ҳәм өз дәртимнен жасырына алмайтуғынымдай, улымды жойтқаннан соң, жүрегимде қалған қара түнектен жасырына алмайтуғынымдай, мен тири Қудайдан жасырына алмайман. Улымның өлиминен соң, тек 14 ай ғана өтти. Бирақ қайғы сезими тыншыған жоқ. Мен сезетуғын бослық сезими елеге дейин күшли ҳәм жаңа. Бирақ қандай жағдайда болсам да, мени сондайлығымша қабыл ете алатуғын Ол бар. Мениң өмиримдеги түн қараңғысында нур шаштыратуғын Ол бар. Мен өзим ушын қазған шуқырдан шығара алатуғын Ол бар. Және де, мениң жарақатларымды тынышландырып, өмиримнен улымды алып кеткенде пайда болған үлкен жарақатқа мәлҳәм қуя алатуғын Ол бар.
Маған керек болған нәрсе – бул «Сизлер Мени излейсиз, егер шын жүректен излесеңиз, табасыз», – (Еремия 29:13) деген сөзлерди орынлаў болды. Мен анық усыны иследим. Себеби бул дүньяда қандай да бир үмит бериўши, усы жалғыз жол бойынша мениң менен бирге жүриўши ҳеш ким жоқ еди. Бирақ буны ислей алатуғын Ол бар. Сонлықтан ҳәр күн сайын, ҳәр азанда Оны излеймен.
Оны излегенимде, маған және бир күнге үмит бериўши, турыўға ҳәм жумысқа барыўға күш бериўши, және бир күнди өз перзентимсиз қарсы алыўға жәрдем бериўши ҳәм мени Өз сүйиспеншилиги, Өзиниң садықлығы, Өзиниң даналығы, Өзиниң барлығы менен азықландырыўшы, менде алға ҳәрекет етиўге ҳәм Қудай мен ушын белгилеп қойған сондай өмирде жасаў ушын тилек оятыўшы өз Ийем ҳәм Қутқарыўшымды табаман.
Менде ҳәр күни таңлаў бар. Мен улымды жойтқаным себепли қайғырыўым ямаса оны бир күни және көремен деген үмит ҳәм қуўаныш пенен жасаўды шешиўим тийис. Сонлықтан бүгин былай деймен: «Бул күнди Ийем жаратқан. Мен оған қуўанаман».
Жарқыраған нур
Петрдиң 2-хаты 1:19 «Және бизлерде еле де исенимлирек болған пайғамбарлардың сөзлери бар. Таң атып, таң жулдызы жарқырағандай, жүреклериңиз толық түсиник алатуғын күнге дейин қараңғы жерде нурын шашқан шыраға уқсаған пайғамбарлардың сөзлерине дыққат аўдарсаңыз, жақсы қыласызлар».
Мен ержетип, Қудай менен қарым-қатнасымды раўажландырып барған сайын, мениң Қудайды түсиниўим өзгерди. Мен жас бала ўақтымда, туўған әкем өзиниң масийхый екенин айтатуғын еди, бирақ соған қарамай, ол Мухаддес Китапты мени ҳәм мениң әжапамларды қорқытыў ушын қолланатуғын еди. Нәтийжеде бизлерде егер бизлер Қудайды тыңламасақ, егер сырларды ашсақ, егер бизлер Ол қәлегендей ислемесек, аспаннан қолын сермеп жиберип, бизлерди кишкене қумырысқалар сыяқлы езип таслайтуғын аспанда жаўыз дәў образы қәлиплести. Мен өлгенимнен кейин, дозаққа түсиўден қорқып, усы қорқыныш бийлиги астында жасағаным таң қаларлық нәрсе емес.
Ақыбетинде, мен өлимнен қатты қорқатуғын едим. Бирақ енди Қудайдың қандай екенин ҳәм Оның мени қаншелли күшли жақсы көретуғынын билип алдым. Қудай мен себепли уялады, Ол маған ашыўлы, Ол мени қалдырып кетти, деген бала ўақтымдағы мен исенген нәрселер енди жоқ болып кетти. Мен балалық ўақтымда болып өткен жәбир бериўши ўақыялар себепли, Қудай мениң руўхый қабыл алыўшылығымды өткирлестирип жиберди ҳәм мен руўхый ҳақыйқатларды жақсырақ түсине басладым. Ийем маған бул кәраматлы сыйды өмиримде болып өткен барлық жаман затлардың орнын өтеў ушын берди. Ийемиз бизге берген нәрсеси жүдә жақын болғаны себепли, басқа адамларға қарағанда, олар маған еле де анық ҳәм белгили.
Өспирим ўақтында аварияға ушырағаны себепли, аяқ-қоллары ләң болып қалған бир ҳаял бул ләң кеселлигин өмиринде болған ең жақсы нәрсе, майыплар арбашасын мийрим сыйы деп есаплайды. Мен оның нени нәзерде тутып атырғанын түсинемен. Өйткени өтмишине тән берген, енди ержеткен сол қорқып қалған қызға қарап, өмиримдеги азап алып келген нәтийжелер ушын ҳәм руўхый көз ашықлық сыйы себепли жүдә миннетдар екенимди айта аламан.
Ешуа Нун 3:4 «Солай етип, сизлер қайсы тәрепке баратырғаныңызды билип аласызлар. Себеби сизлер алдын бул жолдан ҳеш қашан жүрип көрмегенсизлер».
Өмиримизде болып атырған ҳәмме нәрселер жаңа ҳәм басқа болып табылады. Бул жер бетинде жаңа адым атып, жумысқа, қарым-қатнасқа, жаңа балаға, жәмәәтке, шынығыўлар бағдармаларына, хоббиге ямаса өлимге байланыслы «бул жол менен» бурын жүрмегенимди есапқа алыўым тийис. Бул ўақыялардың ҳәммеси мен ушын жаңа ҳәм олар жүз бергенде, Қудай мени бағдарлап, мениң не ислеўим кереклигин көрсетеди.
Ийшая 60:2 де былай делинген:
«Мине, жер жүзин қараңғылық,
Халықларды тас түнек қаплады.
Бирақ сениң үстиңде Жаратқан Ийе жарқырап,
Оның уллылығы көринеди».
Қудай Өзиниң белгили стратегиясына гөре, Өз балаларын хожалықларға, компанияларға, жәмийетлерге, емлеўханаларға ҳәм қандай да бир жағдайларға жайластырады. Дүнья қараңғы болып барған сайын, Оның даңқы Оған тийисли адамлар арқалы еле жақтырақ нур шашқан болар еди.
Мухаддес Жазыў соңғы күнлерде қараңғылық келетуғынын айтады. Бизлердиң хабарымыз болғанындай, дүньяда жаўызлық ҳәм қараңғылық көбирек болады. Гүнакарлық күшейип, жақсылық азайған сайын, Мухаддес Китапта айтылған сөзлер көз алдымызда иске аса баслайды. Ийса қайтып келгенде тири болатуғын исениўшилер усы гүнакар дүньяның тас-түнегинде жарқыраған жалғыз ҳақыйқат ҳәм жалғыз нур – бул Қудайдың сөзи екенин ҳәм оны өз жүрегинде жасырған адамлар екенин сөзсиз билип алады.
Азап ийгилиги ҳәм азап мийрими мениң сезимлеримди негизинде ең әҳмийетли нәрсе менен толтырғанын түсиндим. Мен әтирапыма қарап, әҳмийети аз ҳәм әпиўайы нәрселерди ғана көремен. Мени толтырған қайғы түтин, айна ҳәм ҳәмме ҳақыйқат емес нәрселер арқалы өзине жол салады. Мен бурынғыдан да гөре, Қудайдың Патшалығы ҳәм мәңгилик жүдә жақын екенин сеземен, Баламның өлими мениң жүрегимде Қудайдың сыбырлысын гүлдирмама дәрежесинде күшейтип жиберди. Ал Ол болса, маған қыстаўлы нәрселер, Ол уллыланып, мен киширейиўим керек екенин, бул өмирде енди мәниси жоқ әдеттеги әпиўайы затлардан да көбирек затлар бар екенин ҳәм аспан бурынғыдан да жақын екенин айтады.
Мүмкин, мен жүрегимде көтирилип атырған таңды сезсем керек. Және де, балам болған жерде болыўға умытылыўды, мени жерге байлап қойған барлық аўырманлық ҳәм тәшиўишлерден азат болыўды сезсем керек. Мүмкин, усы ўақыт жақын шығар.
Ол бахытсызларды шыпалайды
Забур 146:3-5
«Ол жаралы жүреклерге шыпа береди,
Олардың жараларын таңады.
Ол жулдызлардың санын санайды,
Олардың ҳәммесине ат береди.
Ийемиз уллы ҳәм қүдирети күшли,
Шексиздур Оның даналығы».
Мен Қудайдың ананың балаға деген сүйиспеншилигин қаншелли айрықша, бийтәкирар қылып жаратқаны туўралы көп ойладым. Ол жер бетиндеги ҳеш бир сүйиспеншиликке уқсамайды. Бул тек сол балаға деген қорғаўшы ҳәм қүдиретли сүйиспеншилик болып, терең ҳәм шәртсиз болып табылады. Теңи-тайы жоқ болған бул сүйиспеншилик ана өз перзенти ушын өмирин қурбан етиўге таяр болғаны менен айырылып турады.
Бала бул дүньяға келген ўақытта ана усыны ислейди. Ол ҳәммесин шетке ысырып таслап, ҳәр күни биринши орынға баласын қояды. Ол қабыл еткен ҳәр бир шешим усы баланың ийгилиги ҳәм келешеги ушын қабыл етиледи. Ийемиз баламды маған киндик деп аталаўшы өмир бериўши жип пенен байлап қойғанда, қандай да бир байланыс пайда болды, бул жип мени ҳәм мениң улымды мәңгиге байланыстырды. Мен оны қолыма биринши мәртебе алған сол ўақыттан баслап, ҳеш нәрсеге уқсамаған пүткиллей басқаша сүйиспеншиликти билдим.
Ийемиз Өзиниң аспандағы мәңгилик үйине баламды алып кеткенде, мениң үлкен бир бөлегим бул жер жүзин қалдырып кетти ҳәм енди мениң қандай да бир кишкене бөлегим ғана бул жерде қалды. Ийемиз бахытсызларды шыпалайтуғынын, жарақатларды таңатуғынын айтады. Бирақ Ол бул барыстың қаншелли узақ өтетуғынын айтпайды. Балаларымызды аспанда қайтадан
жүзбе- жүз көрмегенимизше, өз балаларынан айырылған биз аналарда бизиң усы бөлегимиз ҳеш қашан қайтып келмейди.
Бирақ сондай болса да, Қудай уллы ҳәм қүдиретли болып қала береди. Оның ақылы шексиз. Ол усындай сүйиспеншиликти жүдә жақсы түсинеди. Өйткени бизлер Оның жүрегин билиўимиз, Оның қорғалған, күшли, терең ҳәм шәртсиз сүйиспеншилигин түсиниўимиз ушын, Қудай Өзиниң жалғыз Улын жер бетине жиберди. Бул сүйиспеншилик теңи-тайы жоқ, гүмансыз болып, тек Оның балаларына ғана бериледи. Мухаддес Китапта бахытсызлар ҳәм руўхы езилгенлер туўралы айтылады. Забур 33:19 да былай деп жазылған:
«Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур,
Руўхы езилгенлерди қутқарар».
Қәдирли баламның өлиминен соң, мен жубаныш таба алмадым. Мен уйықлап кетпегенимше, жанымның терең қатламларынан шыққан кегирдек сеслерин шығарып, өкирип жылайтуғын едим. Улымнан айырылғанымнан соң, дәрт өзимди бийлеп алатуғындай болып көринип, мен өлип қаламан деп ойладым. Келеси күни азанда оянғанымда, жүрегимдеги дәрт еле де күшлирек болды ҳәм мениң хожалығым қаңырап қалды. Себеби балам енди бул дүньяда жоқ еди. Бирден хожалығымның толық емес екени туўралы түсиник келди ҳәм қандай да бир сәтте исенимим силкинди.
Мен телефонға қарай қолымды создым. Ол жерде шопанымнан 10 пункт жазылған еди. Мениң оларды усы ўақыт ишинде есте сақлағанымды Қудай қәлейтуғын еди. Ол мениң билиўимди қәлеген он ўәде мыналар еди:
- Мен сени тынышландыраман.
- Мен сени беккемлеймен.
- Мен саған жуўап беремен.
- Мен саған исенемен.
- Мен сени жарылқайман.
- Мен сен тәрептемен.
- Мен сени таслап кетпеймен.
- Мен сени азықландырып тураман.
- Мен сениң менен бирге боламан.
- Мен сени жақсы көремен.
Азанғы ўақытты Қудай менен бирге өткизиў ушын, мен Қудайдың сөзин ашып, өзимнен: «Ол соншелли садық болса да, мен неге Оның сүйиспеншилигине гүманланаман?» – деп сорадым. Мен билемен, ҳәмме нәрсени Ол қалай көретуғын болса, солай көргенимде, Өзи берген усындай әжайып сыйды Оның не ушын алып кеткенин түсинген болар едим. Оның келешек өмирим бойынша мақсетин ҳәм ойын түсинген болар едим. Ал ҳәзир түсинбеймен. Мен тек дәрт ҳәм қайғыны сезинемен. Қайғы ҳәм жүрегимдеги дәрт еле жаңа болып, тынышлық бермейди.
Ол және бир мәртебе мениң өмиримниң аятын көрсетеди:
«Тоқтаң ҳəм билиң, Мен Қудайман!» (Забур 46:10)
Сиз жақсы көрген адам
Юхан 11:3 те апалы-сиңлили Ийсаға: «Ийем, Сениң жақсы көретуғын адамың аўырып атыр», – деп хабар жиберди. Баламның өлиминен соң, мен Лазар туўралы гүрриң үстинде көп ой жуўырттым. Өйткени менде Ийемиз баламды шыпалайды ҳәм орнынан турғызады деген үмит ақырына дейин болған еди. Оны ақыры алып кеткен тек аспирацион пневмониядан емес, ал церебраль ләңнен де, ол туўылғаннан бери азап шегип киятырған когнитив бузылыўдан да шыпалайды деп ойлаған едим.
Мен бүгин Қудай балама тийип, сол ўақытта-ақ әжайып тәризде шыпалады деп айта алатуғын адам болыўды қатты қәлеген болар едим. Ҳәтте, Ийемиз маған деген Өз сүйиспеншилиги туўралы көп мәртебе айтса да, сол қайғы ўақтында, әтирапымдағы дүбелейленген даўыл орайында мен жийи-жийи жолымды жойтып, Қутқарыўшыға қараўды тоқтаттым ҳәм Оған тийисли екенимди умыттым. Мен руўхый түскинлик ҳәм қайғы-ҳәсирет теңизине ғарқ бола басладым. Оның сүйиспеншилигине гүман туўдыратуғын дәрежеге дейин жеттим.
Петрдиң 2-хаты 1:3 те былай делинген: «Қудайлық қүдиретке ийе Ийса Масих Өзин билиўимиз арқалы жасаўымыз ҳәм Қудайдың жолы менен жүриўимиз ушын бизлерге керекли болған ҳәмме нәрсени берди. Ол бизлерди Өз уллылығын ҳәм ийгилигин алыўымыз ушын шақырды».
Сонлықтан, негизинде мынадай сораў пайда болады: «Мен Оны ҳақыйқаттан да билемен бе? Мен ушын атанақ ағашта Өлгенди ҳақыйқаттан да жеке ҳәм жақын билемен бе? Мени Қудайдың тахты турған жерге Шақырған менен жеке қарым-қатнас бар ма? Бул дүньяға келген, мени мәңгилик сүйиспеншилик пенен сүйетуғын сол Ийсаны билемен бе? Ийемиз ушын өзимнен толық ўаз кештим бе ҳәм Оның қудайлық тәбиятын түсиндим бе? Оны өмиримниң Ийеси қылдым ба? Оған исениўге қайылман ба ҳәм Оған ҳәр бир жағдайды қадағалаўға рухсат бердим бе?
Мениң Оған деген сүйиспеншилигим сондай өзгермели болып, ҳәр күни жағдай сайын өзгерип барады. Бирақ Оның маған деген сүйиспеншилиги ҳеш қашан өзгермейди.
Еремия 31:3 те былай делинген: «Мәңгилик сүйиспеншилик пенен сени сүйип, Саған мийрим көрсетиўди даўам еттим». Егер Қудай маған Оның сүйиспеншилиги мәңгилик болатуғынын ўәде етсе, онда не ушын исениў маған соншелли қыйын? Себеби әжағасы Лазар өлгенде, Ийса қай жерде еди, деп ҳайран болған Мәриям ҳәм Марта сыяқлы, мен усындай қайғылы жағдайларда, Ийем қай жерде еди, деп жийи-жийи ҳайран боламан. Ата-анам айырылысып кеткенде, Ол қай жерде еди? Мен жумысымнан айырылғанымда, Ол қай жерде еди? Маған балам майып болады, деп хабарлағанда, Ол қай жерде еди? Мениң жақсы көрген адамым қайтыс болғанда, Ол қай жерде еди? Аўыр сораўлар.
Бирақ сол емлеўхана бөлмесинде, мен Оның бар екенин сездим. Баламның өлими алдынан, оның соңғы саатларында бөлмеге тынышлық келди. Әйне сол ўақытта, мен Оның маған ҳәм мениң хожалығыма деген сүйиспеншилигин сездим. Әйне сол жерде Ол жақсы көрген адам шыпа таўып, тикленетуғынын түсиндим.
Ийемиз улымды үйине алып кеткенде, өз дуўаларыма жуўап алғанымды түсиндим. Бул мен көз алдыма келтиргендей жуўап емес еди, бирақ сонда да жуўап болды.
Жаман ойлар
Римлилерге 14:22 «Өзи дурыс деп есаплайтуғын исти ислегени ушын, өзин айыпламайтуғын адам қандай бахытлы!»
Мынадай ески англичан нақылы бар: «Сен қара ғарғаларға басың үстинде ушыўға қадаған ете алмайсаң, бирақ оларға шашларыңа уя қурыўға қадаған ете аласаң». Биз қайғырсақ, бизлерге гейде мийимиз күни-түни ислеп турғандай болып көринеди. Биз тез-тез ойымызда, не қылыўымыз керек еди, не ислей алған болар едик, деген ойларды өткиземиз. Дыққатымыз жаман ойларға қадалып қалғандай болады.
Егер биз жол қойсақ, жаман ойлар әдет болып қалыўы мүмкин. Бул ойлар шектен тыс жабысқақ ҳәм тез арада қыйратыўшы болыўы мүмкин. Биз ҳәр бир ойға асылып алыўымыз ҳәм жаман ойларды жақсы ойларға өзгертиўимиз әҳмийетли екенин үйренип алыўымыз қатты әҳмийетли.
Ана сыпатындағы пикирим сол, ең жаманы – бул айып сезими туўралы ойлар болып табылады. Ана ҳәм ҳаял болып турып, биз жийи-жийи өзимиз ушын ең қас душпан болып қаламыз. Жийи-жийи биз жеткиликли түрде ислемедик деп есаплаймыз. Айып сезими бизди толтырып таслағанын сезсек, я болмаса басқа жаман ойларды бастан кеширсек, биз тоқтап, дуўа етиўимиз тийис. Биз минсиз емеспиз. Бизлердиң ҳеш биримиз де минсиз емес.
Өзиңиздиң жаман ойларыңызды Қудайға бериң ҳәм оларды таслаң. Бизлер өзимизди кешириўимиз ҳәм сол ўақытта билген нәрселеримизге сай, жийи-жийи қолымыздан келген ҳәмме нәрсени ислегенимизди түсиниўимиз керек. Баласынан айырылғаны ушын, қандай да себепке байланыслы өзин айыплайтуғын бизлердиң ҳәр биримиз, ҳәтте, егер биз ўақыяның барысын өзгертиў ушын бир нәрсе ислей алғанымызда да, өмир ҳәм өлимди алдынан биле алмаймыз.
Бизге берилместен бурын-ақ, Қудай балаларымыздың санын биди. Жаман ойлар қайғы барысының бир бөлегин қурайды. Бирақ олар бизиң сезимлеримиздиң турақлы бөлеги болып қалмаўы керек. Басымызға жаман ой келгенде, ол әдетке айланып үлгермей турып, оны жақсы ойға өзгертиўге ҳәрекет етиў керек. Ол бизиң тәғдиримизге айланады. Жаман ойларға толы өмирден ҳеш нәрсе шықпайды. Биз қәтелеримиз арқалы үйренип, кейин алдыға илгерилеўимиз тийис.
Қуўаныў ушын, өзлеримизди айыпламаўымыз тийислигин ҳәм қара ғарғаларға басымызға уя салыўға жол қоймаўымыз кереклигин Павел бизлерге еслетеди. Ийем, Сен бизлерди қәтелеримиз ушын ҳәр күни кеширетуғыныңды билемиз. Бизлерге өзлеримизди кешириўге жәрдем бер.
Сана-сезимди жаңа бағдарламаға салыў
Ийшая 43:18
«Өткенлерди умытың,
Бурынғыларды еске алмаң».
Кейтидиң өлиминен соң, мен узақ ўақыт даўамында ойларым менен сол емлеўханадағы палатаға қайта бердим. Мен сол ўақытқа қайтып, ҳәммесин жаңадан ислегим келди. Шок ҳәм исенимсизликте болып, мен, ҳәтте, не болып атырғанын да түсине алмадым.
Усы аўҳалда жоғалтыўдың анық болғанын түсине алмадым.
Улыўма түсиникте оған байлап қойылған ҳәмме приборлар ҳәм трубкаларға итибар бермей, емлеўхана төсегине отырғанымды көрдим. Мен оған көп нәрселер айтқым келди. Мен оның сүйкимли, күлимсиреген жүзин көрмей, оны қатты сағынған едим. Үйге баратуғын жолда, маған Сараның ҳәм Кейтидиң күлкиси, мектепте не болғаны туўралы бөлискени жетиспейди. Мен бундай қарым-қатнаслар қалайынша раўажланып, тереңлесип барғанын көрмеймен. Өз дослары менен ушырасыў ушын, жатарда кийетуғын кийиминиң тек шалбарын кийип, оның текше бойлап жуўыратуғынын тамашалаўды жақтыратуғын едим. Азық-аўқат дүканына барғанларымызды сағынатуғын боламан. Оған унаған, бирақ жүдә қымбат болған қандай да бир заттың қасынан өтип баратырып, мен оған көзимди қысып, ол қашан болмасын бай болады ҳәм сонда бизлер оны сатып ала аламыз, деп айтатуғын едим.
Мен оның билиўин қәлейтуғын ең әҳмийетли нәрсе – бул оны қаншелли жақсы көриўим еди. Мен бәринен де бетер оның усыны билиўи ушын дуўа ететуғын едим. Бул күнди мен қайтадан жасай алмайман, бирақ келешек туўралы ойлап, аспанда көрискенимизде, оған не айтатуғынымды көз алдыма келтире аламан.
Мен оған оның қандай адам болғаны себепли күшли өзгергенимди айтып беремен. Мен бурын қыялыма да келтирип көрмеген өмиримде мақсет болғанын айтаман. Оның өмири себепли, мен өз гүрриңимди айтып бере аламан ҳәм бул биреўлердиң жүрегин өзгертеди деп үмит етемен.
Ең әҳмийетлиси бул – Кейтиге оны қаншелли жақсы көргенимди айта аламан. Мен жасаўды даўам етип, оның өмирин ҳәм өлимин әҳмийетли қылғаным – мениң сүйиспеншилигимниң дәлили болып табылады. Оның өлими өмиримде бурылыс болды, бирақ мен оған өзимди сол емлеўхана палатасында қалдырып кетиўге жол қоймадым. Мен оны өзим менен келешекке алып кетиўди шештим.
Ийем, балаларымызға бизлер менен мақтаныўға рухсат ет. Бизлерге олардың өмирин ҳәм өлимин әҳмийетли қылыўға рухсат ет. Даўам етип жасай турып, оларға жақсы көргенимизди көрсетиўге жәрдем бер.
Дурыс фокус
Тимофейге 1-хат 6:12 «Исеним ушын болатуғын жақсы гүресте жан-тәниң менен ҳәрекет етип …»
Биз ана болатуғынымызды билгенимизде, баламыз саў болыўы ушын, ҳәммесин дурыс ислеўге ҳәрекет етемиз. Баламыз туўылғанда, биз оның өмиримизди өзгерткенин тез арада түсине баслаймыз. Биз енди биринши гезекте өзимизди ойламаймыз, ал биринши орында баламыз турады. Биз ол ушын өмиримизди бериўге таярмыз. Егер де баламыз қәўип астында болса, биз ол ушын өмиримизди берген болар едик. Биз олар ушын өлген болар едик.
Енди баламыз жоқ болғанда, өзимизге: «Ол ушын жасай аламан ба?» – деп сораў қойыўдың кереги жоқ. Балаңыз ушын даўам етип жасай аласыз ба? Тек өмир сүриў емес, ал ол сиз бенен мақтанатуғын өмирде жасай аласыз ба?
Маған жақында биреўлер былай деген еди: «Егер сениң өлген балаң усы жерде болғанда, бизлер оннан сен ушын, анасы ушын нени қәлейтуғынын сорағанымызда, ол былай деп жуўап берген болар еди: «Мен анамның бахытлы болғанын қәлер едим». Мен билемен, егер сизде аўыр қайғы болса, қуўаныў қыйын болады.
Мен сизлерди усы ҳәптеден баслап, Өзиңиз миннетдар бола алатуғын, күлим шырай беретуғын нәрсени излең. Бизлер балаларымызға да, өзлермизге де оларды бизлер менен мақтаныўды мәжбүр ететуғын мийрас қалдыра алыў ушын, балаларымыз ушын даўам етип жасаўымыз тийис.
«Мени Өзиңниң жумысшың қыл. Маған ҳеш қашан артқа қарамаўға рухсат ет. Аяқларымның ҳәлсиреп қалыўына, қолларымның суўып қалыўына жол қойма. Оҳ, мийнет ете алыўым, қуяш шығыўдан, азаннан баслап, жулдызлар пайда болатуғын кешке дейин, шыдамлы болыўым ушын, мени күшли қыл».
Ядқа алыў
Еремия 31:13
«Сонда жас қызлар шадланып, аяқ ойынға түседи,
Өспирим ҳәм үлкен жастағы еркеклер бирге қуўанады.
Мен олардың қайғысын қуўанышқа айландыраман,
Ҳәсиретине тәселле берип, қуўаныш бағышлайман».
Қызымыз Кейтидиң өмирин байрамлаўымыз ушын, бизлер өзлеримиздиң ҳәр күнги туристлик саяхатымызға таярланамыз. Хожалық ағзалары ҳәм дослар оны еслеў ушын, ҳәр жылы бизлерге қосылады. Кейтидиң Ийемиздиң үйине кеткенине он еки жыл болды.
Мен сол ўақытқа нәзер салсам, бизлер еле сол адамлар екенимизге исенгим келмейди. Бизлер он еки жыл бурын жерлеген едик. Сол күн шыдап болмастай аўыр еди.
Арадан он еки жыл өтип, қәбирстанға баратырғанымызда, бизлер бәри бирде оның бизлер менен бирге емес екенин түсинемиз, бирақ оның бизлер менен бирге екени ҳәр бир адамда сезиледи. Усылай қәбирстанға ҳәр жылы барыў бизлердиң ҳәммемиз ушын үлкен жарылқаў болды. Ийемиз бизиң езилген жүреклеримизди мен ҳеш қашан көз алдыма келтире алмайтуғындай болып шыпалады. Бизлерде бир әдет пайда болды: бизлер музыканы қойып, жаслар да, ересек адамлар да пүткил кеш даўамында қосық айтамыз. Ол бизиң қайғымызды қосыққа айландырды. Ийем, мен Саған шыпалаўшы күшин ушын миннетдарман.
Мен өзгермедим
Қудайым, мен түсинбеймен. Өмиримизди қыйрататуғын қайғылар жүреклеримизде терең жарақатлар қалдырады, бизлерге дем алыўға жол бермейди. Не ушын? Не ушын қорқынышлы, терең жарақат салыўшы сөзлер қарым-қатнасты бузып, қашанлардур жақсы көрген адамды жалғызлықтың муздай тутқынлығына түсиреди. Не ушын апатлар ғәзеп шашып, алдында тосық болғанларда мәңгиге тыртық қалдырады. Не ушын балалар денени сынаққа салатуғын азап шегип өледи. Не ушын бийбаҳа өмир сыйы жаўыз қарым-қатнас қурбанларынан тартып алынады? Не ушын?
Балам, саған буны түсиниўге ҳәрекет етиўдиң кереги жоқ. Мен өзгермедим. Сениң көз жасларың мениң аяқларыма тамсын, ал мен сени қолларыма көтерип алып, көкирегиме басаман. Мен өзгермедим. Мен жақсы көремен. Бәри бирде. Мениң жүрегим жаўызлықты жек көреди, бирақ ол балаларыма деген сүйиспеншиликке толы. Мениң саған деген сүйиспеншилигиме исен ҳәм мен өмирдиң ең қара сабақларын ойларымның алтын нурлары менен қосып өремен ҳәм тек мениң қолларымнан пайда болатуғын ийгиликти жаратаман. Мен өзгермедим.
Бирақ Әке, мени дәрт қыйнамақта. Ол күшейип бармақта. Ол қыйратады. Ол жутып жибереди. Ол қорқыныштың ҳәм үмитсизликтиң саялары менен бирге қалмай басып келеди. Уйқысыз түнлерден соң, ояныў келеди ҳәм үзликсиз болған тынышсыз ойлардың күнлери ҳәм ҳәлсизленбейтуғын аўыр руўхый түскинлик созылып кетеди.
Қызым, Мен өзгермедим. Сениң дәртиң басыңды көкирегиме ийдиреди. Сен жалғыз өзиң қорқыныш ҳәм үмитсизлик пенен мәниссиз түрде гүреспеўиң ушын, шаршағаның Маған сени қараңғылық арқалы алып өтиўге жол қояды. Мен шаршамадым. Мениң реҳимим сүйиспеншиликке толып-тасқан жүрегимнен ағып шығады. Сениң дәртиң узаққа созылмайды, ал Мен ҳеш қашан, ҳеш қашан сени таслап кетпеймен. Мен сени беккемлеймен ҳәм сонда күлден гөззаллық пайда болады. Мен өзгермедим.
Ийем, гейде Сен соншелли узақ, жүдә узақ болып көринесең. Мен қараңғылыққа қарай жалбарынып, үнсизлик үзилип қалыўын өтинемен. Сен усы жердесең бе? Сен мени еситип турсаң ба? Мен қатты жабысыўға ҳәрекет еткен исенимди силкитиў ушын, гүман пайда болыўы ҳәм сораўлар тынышлық бермеўи мүмкин.
Қымбатлы, қымбатлы перзентим! Мен өзгермедим. Мен кеше, бүгин, ҳәтте, ертең де сениң Қудайыңман. Тәшиўишленбе. Дем ал. Жүрегиң сорап атырған нәрселердиң ҳәммесин Меннен тап. Сонда сен Мениң Қудай екенимди билип аласаң. Мен өзгермедим.
Сол айрықша орын
Туўысқаны сыяқлы, қустың палапаны өз уясынан түсип кетти. Туўысқаны алған зақым себепли тез өлип қалды. Ал екиншиси зақым алмады. Ол гүресши еди. Ол еле қанаты шықпаған, зорға ақсаңлап жүретуғын болып, шөлин қандырыў ушын бир нәрсе ишкиси келип, тумсығын ашатуғын еди.
Бизлер ақылымыз емес, ал көбирек жүрегимиздиң басқарыўында усы жаңа туўылған палапанды жылытыўға ҳәрекет еттик ҳәм оның аўзына пипетка арқалы суў қуйдық. Бир неше күн даўамында, бизиң кишкене достымыз өмир ушын гүрести. Оның ҳәлсиз шырылдаўы бизди жигерлендирди ҳәм биз оған жәрдем бериўге ҳәрекет етиўимизди тоқтатпадық. Бирақ нәтийжеде биз оның денеси суўып, жансыз қалғанын көрдик. Бизлердиң ҳәммемиз қапа едик.
Бул өмиримиздиң қайғылы ҳәм болжап болмас тәрепин көрсетиў ушын, оның тийкарында балаларымызға көрсетилетуғын сабақ еди.
Бул Қудайды сүйетуғын балалар ҳәм ересек адамлар ушын арналған айрықша орын туўралы баларымызға еле де толығырақ гүрриң етип бериўге мүмкиншилик болып табылады.
Аўа, әсиресе биз биреўди жақсы көрсек, оған ғамхорлық қылсақ ҳәм ол қайтыс болып қалса, өлим қайғы алып келеди. Қайғы – сезимлер тас-түнеги, қанталасқан бослық, өмир және мәнис ҳәм мақсетке ийе болыўын тилеў болып табылады.
Деген менен, биз исениўшилермиз ҳәм бизлер үмитсиз адамлар сыяқлы қайғырмаўымыз тийис. Бизлерде үмит бар. Павел коринфлилерге исениўши өзиниң жердеги денесинен кеткенде, ол жаңа орынға ҳәм Қудайдан берилген денеге ийе болатуғынын айтқан еди.
Ийса Қудайдың мәңгилик мәканы «аспан» деп аталатуғынын айтқан еди. Және де, Ол Қудай Өзинен қәлеген ҳәмме нәрсени тамамласа, Өз Әкесиниң мәңгилик мәканына қайтатуғынын ҳәм Оның менен бирге болыўымыз ушын, бизлерге орын таярлайтуғынын айтқан еди.
Егер биз аспаннның не екенин билсек, оны қандай екенин түсинемиз. Ол жерде енди өлим, қайғы, көз жас болмайды. Ол жерде енди аўырыў болмайды. Ол жерде ҳеш бир напәк, ҳеш бир гүна былғаған нәрсе болмайды ҳәм ҳеш ким гүна ислемейди. Ол жерде гүна болмайды. Аспан таң қаларлық гөззаллық ҳәм минсизлик орны болады. Егер қайтадан көрисиў жүз бермегенде, бизиң аспаннан үмит еткенимиз мәниссиз болар еди. Сүйиспеншиликке, тынышлыққа, қуўанышқа, мухаддесликке ҳәм Қудайымыздың Өзи болғанына толып-тасқан, жер бетинде бизлерге аўыр ўақытларда қолын созған ҳәм аспан бизиң үмитимиз ҳәм үйимиз болыўы ушын, бизлер ушын өлген Ол бизлерди аспанда қушағына басады.
Бир күни өзиниң өлген баласына баратуғынын түсинген Даўыт сыяқлы, биз исениўшилер де өзимиз жақсы көретуғын адамлар менен биригемиз. Сонда қайғы усы биригиў себепли келетуғын қуўанышқа айланады. Өйткени өз үмитимиз себепли, биз мәңгиликте миллиардлаған жыллар жасаймыз.
Балаларда әпиўайылық бар ҳәм олар сол себепли аңсат исенеди. Олардың исеними гүман ҳәм екилениў менен қыйынласпаған. Гейде ҳақыйқат, мәңгиликке деген үмит, аспан ҳәм усыларды мүмкин қылған Қудай себепли ҳүрметке ийе бала болғым келип қалады. Сонда үмит еле де сезилерли болып қалар еди.
Көз алдыма тек келтирип көриўге ғана ҳәрекет ете аламан …
Сениң қасыңда жүриў, Сениң жүзиңди көриў, Сени бәрқулла алғыслап, Сениң даңқыңа бөлениўди тек көз алдыма келтирип көре аламан. Мениң жүрегим нени сезеди? Ийса, Сен ушын аяқ ойынға түсемен бе, я болмаса қозғалмай тура беремен бе? Сениң алдыңда тик тураман ба, я болмаса дизерлеп пе? «Ҳаллилуйя» деп айтаман ба, я болмаса улыўма бир нәрсе айта аларман ба екен? Тек буны көз алдыма келтириўге ҳәрекет етип көриўим мүмкин. Тек көз алдыма келтириўге ҳәрекет етип ғана.
Бул сөзлер орынланған жерде әлле қашан жасап атырған марҳумлардың, яғный өз хожалығының сүйикли ағзаларының ҳүрметине өткизилетуғын еслеў кешелеринде, усы сөзлер тез-тез қосық етип айтылады. Қайтпас, тамыр соққан, әсте-ақырынлық пенен күшейип баратуғын үмитимиз жәмәәт имаратын, дослардың ушырасатуғын орнын ҳәм қымбатлы адамларды толтырып барады.
Сөзлер бизлерге жубаныш береди. Өйткени бул сәтлерде жер шегаралары кеңейип, аспан жүдә ҳақыйқый болып қалады. Деген менен, мен балаларын аспанның пүткил минсизлигине ийе жүдә ҳақыйқый болған дүньясында Ийса әлле қашан қушағына басқан аналар арасында турғанымда, бул сөзлердиң еле де сулыў, еле де руўхландырыўшы болып жаңғырғанын еситтим.
Олар қосық айтқанда, өзлери менен сәлемлесип турған Ийсаны көреди. Онда шеге излери билинип, тыртық қалған. Сонда олар бас ийип, қышқырысып жибереди ямаса усылардың ҳәммесин мүмкин қылған Оның алдында жылайды. Олар және нәрестелердиң, кишкене балалардың, үлкенирек балалардың, яғный жер бетиниң түсиниги бойынша жер бетин тез таслап кеткен ҳәммесиниң керилген қолларын ҳәм қуўаныштан нур шашқан жүзлерин көреди. Ийсаның алдында, бослық толылыққа алмасады. Қайғы себепли азап шегиў айтып жеткизиў қыйын болған қуўанышқа өзгереди. Жүрегимде терең из қалдырып, үмит беретуғын усы сәтлерди есте сақлап, сезимлерге толып, мен басқа аналардың жүзлерине қарайман.
Жоқарыға қараған жүзлер. Руўхланған жүзлер. Жүзлер, бирден өзлериниң тири екенин сезетуғын жүреклердиң көз жаслары. Булардың ҳәммеси қалай болады? Аўа, мен буны тек көз алдыма келтирип көре аламан, усыған тек ҳәрекет етип көремен.
Қудай ҳақыйқат. Мениң үмитим ҳақыйқат. Ол исенимли. Ҳәмме даңқ Ийемиз Ийса Масийхтың Әкесине болсын. Оның уллы мийрим-шәпәәти себепли биз қайтадан туўылдық. Себеби Қудай Ийса Масийхты өлимнен тирилтти. Енди бизлер күшли күтиўлер менен жасаймыз ҳәм бизде қымбатлы байлық бар. Ол таза, ипласланбаған, өзгерис ҳәм бузылыўға бейим болмаған, бизлер ушын аспанда сақлаўлы турған мийрас болып табылады.
Сонлықтан қуўаныңлар. Бир қанша ўақыт көп сынақлардан өтиўимизге туўра келсе де, алдында бизди әжайып қуўаныш күтпекте. Мениң күтиўимниң қуўанышы, ҳәтте, сынақлар, машқалалар ҳәм қайғылар ўақтында да кетип қалмайды. Жүрегим умтылатуғын жүдә ҳақыйқый болған аспанда сынған денелер пүтин болады. Түсиниксиз нәрселер анықланады. Мәниссиз нәрсе мақсетке ийе болады. Көз жаслар тыйылып, үмитсизлик жоқ болады. Өзи жаратқаннан баслап-ақ, мени жақсы көрген Ол мени қушағына басады. Аспанда жасаған ҳәм мени күтип атырған балам, ата-анам, күйеўим, жақсы көрген адамларым қушақлайды.
Мен буны тек көз алдыма келтире аламан.
«Бир нәрсени» бериў
Бурын, бизиң еки улымыз еле киши болғанда, жәмәәтимиз бизди Африкаға жиберди. Олар ҳәм бизлер ушын бул «үлкен мәниске ийе болған саяхат» болды. Улларымыз бизлер менен бирге барып, бизиң миссионерлер сыпатында жасаған өмиримизге кирисип кетти. Олар халқының көпшилик бөлеги жүдә жарлы жасаған елдиң өзгешеликлерин үйренди ҳәм өмиримизди жергиликли исениўшилердиң өмири менен жалғастырды. Алғыслаған ўақтымызда, тилди түсиниў бойынша машқала жоқ болды, жыллы қол берисиў ҳәм күлимсиреў бизлерден көп нәрсе бойынша айырылып туратуғын адамларға деген сүйиспеншиликти көрсетти. Бир исенимге ийе болып турып, оларға өзлеримизди жақын сезиндик.
Көп миссионерлер үйине қайтарда. өзлериниң бир нәрселерди бериўге барғанын, бирақ бергенинен гөре, көбирек алғанын тән алып қайтады. Бизлерде де шама менен усындай сезимлер болды. «Жүдә жарлы жасайды» деген сөзлер экономика дәрежесиниң ең төмен басқышында болған айырым адамларды дурыс сүўретлемейди.
Бирақ бизиң сол саяхаттан қалған ең жарқын еске түсириўлеримиз қурбанлықтың қалай берилиўин бақлаў болды. Ең жарлы болғанларға жәрдем ретинде берилетуғын қурбанлықлардың берилиўин бақлаў. Өзлеринде аз болғанлар еле де аз болғанларға жәрдем берди.
Жарлылық ҳәр түрли болады. Мен жарлылық не екенин билетуғын аналар менен жийи-жийи отырып қаламан. Өмир соншелли қысқа болып, мәниссиз болып көринген бахытсызлық себепли үзилип қалды, дәрт қараңғылығында адасып, ананың жүреги шыдап болмастай қайғыға батты.
Сонда болса да, ол Қудайдың сүйиспеншилигиниң жалыны өзин бийлеп алғанын сезип, Оның садықлық пенен бирге болғаны себепли тынышланады, беккемленеди, Оның мийрим-шәпәәтинен күш алады ҳәм Оның өзи ушын белгилеген мақсетлерин көреди.
Жақында бир-бирин қоллап-қуўатлаў ҳәм Қудай берген үмитти еслетиў ушын бир топар аналар жыйналды. Айырымлары ушын қайғы еле жаңа еди, ал базылары баласын жойтқанын бәрқулла есте сақлап, Қудайдың усы мақсетине умтылып, әлле қашан қандай да жолды басып өткен еди.
Усы аналарға қарап турып, мен Африкада көрген нәрселеримди көрип турғанымды түсиндим. Себеби қандай да бир жолды басып өткенлер жаңа баслап атырғанларға бир нәрселерди берди. Қушақлаў, еситиў, түсиниўге ҳәрекет етиў, жигерлендириўши бир нәрсе айтыў, гейде қандай да саўға әкелиў, гейде ўақыт, күш ямаса және бир нәрсе саўға етиў. Олар кимде азырақ болғанларға беретуғын еди. Африкада болғаны сыяқлы, мен жарылқаў алдым.
Бериў. Асып-тасқаны себепли емес, ал бизлерде беретуғын нәрсе болғаны себепли. Ол қандай да бир кишкене, бирақ шын жүректен берилген нәрсе болыўы мүмкин. Бул қандай да бир зат болыўы мүмкин. Мүмкин, және бир нәрсе болыўы мүмкин. Басқалар сезиўи мүмкин, я сезбесе де керек. Бирақ сиз берип атырған адам биледи. Сиз бул арқалы жәрдем бересиз. Сизге Қудай бергени ушын бериў. Сиз аз нәрсе бере алыўыңыз да мүмкин. Бирақ бир-бириңиз бенен бөлисиўиңиз ҳәм биргеликте жарылқаў алыўыңыз ушын, сизде жеткиликли.