Шалтай-Болтай дийўалда отырды.
Неге? Не ушын? Ол сол жерде не қылып атыр? Бизлер ҳеш қашан бул ҳаққында биле алмаймыз?
Бирақ бизлер бул онша жақсы ис емес екенин билемиз, себеби Шалтай-Балтай сол дийўаддан қулап түсти. Бул ҳайран қаларлық нәрсе ме? Бул жигитке дыққат пенен қараң. Сизиң көз-қарасыңыз бойынша, оның координациясы жақсы болған ба еди?
(Сизлердиң араңызда тил бириктириў теориясына тутқын болғанлар ушын, Шалтай-Балтайды ийтерип жиберген деген мыш-мыш бар. Илтимас, бул исти иззертлеп тексериң ҳәм егер анықласаңыз дәрҳал бизлерге хабарлаң.)
Сол ўақытта, патшаның барлық атлары ҳәм барлық адамлары биргеликте Шалтай-Балтайды қайтадан жыйнайтуғын жағдайда емес еди ҳәм бундай жумыс олардың алатуғын айлығынан аз екенин итибарға алып, күтиўге туўра келетуғын еди.
Көплер оған жәрдем бериўге ҳәрекет еткени де унамлы.
Бизлерге де көплер жәрдем етиўге тырысқаны жағымлы, бирақ айырым жағдайлар гейде соншелли аўыр болып, ҳеш ким жәрдем бере алатуғын жағдайда болмайды. Солай етип, Шалтай-Балтай майда бөлеклерге бөлинип шашылып кетти. Ол өзиниң күл талқан болған өмирине қарап, енди не қылыўы керек?
Сизге бәрибир емес екенин оған көрсетиўге ҳәрекет етип, оның қасында қанша отыратуғыныңыз әҳмийетли емес. Сиз оған не айта аласыз? Енди сиз тек оның қасында отырасыз ҳәм тек ақылыңызға келген нәрсени ислейсиз – cиз оның гәпин тыңлайсыз. Оның аўзынан шыққан муңлы сөзлердиң ағысына ғарқ болдыңыз.
Мен билемен, тап ҳәзир не қылатуғынымызды – ҳәзир ғана қыйратыўшы қулаўды басынан өткизген исениўши Шалтай-Балтайдың қасында отырып, өзимиздиң жақсы тыңлаў уқыбымыздың үстинде жумыс ислеймиз. «Пүткиллей бөлеклерге бөлинип сындым, – деди ол.
Солай етип, оның забурына таяр болың. «Шалтай-Балтай Забур 87».
Мухаддес Китапта 150 забур барлығының артықмашлықларынан бири бул ол жерде сизиң жағдайыңызға туўрыдан туўры сөйлейтуғын, сиз қандай кейпиятта ямаса қандай жағдайда болғаныңызға қарамастан сизди жигерлендире алатуғын бир Забурдың бар болыўы.
Егер бир Забур сизиң мүтәжлигиңизди қандырмаса, онда басқа және бир нешесин қоллап көриң ҳәм сонда сиз оларға үйренип қаласыз.
Көпшилик адамлар өзиниң ҳәр күнги Мухаддес Китапты оқыўының бир бөлеги сыпатына күнине Забурдан бир забур оқыйды. Неге енди бизлер де оларға қосыла алмайыз?
Ҳәзир бизлер Шалтай-Балтайдың қасында отырған ўақтымызда, келиңлер Қудайдан жәрдем сорайық
Аспандағы Әкемиз! Бизлер Сеннен өз гүналарымызды жасырмай, Сениң алдыңа келемиз. Ақылымыз жәмленген, жүреклеримиз Саған аш, қолларымыз Саған көтерилген. Бизлерге үйрет. Тек Сениң жәрдемиң менен ғана бул ўақыт бизлерге пайдалы болады. Бизлер Саған Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен дуўа етемиз. Аўмийин.
Забур 87:2а
«Жаратқан Ийе, мени қутқарыўшы Қудай».
Бул жерде бизлерде бул Забурдың ең жоқарғы шыңы оның ең айқын ўақты. Ҳеш болмағанда, басламасы жақсы.
Буны жазып атырған адам исениўши. Қудай авторды гүналарынан қутқарды. Бул автор Забур китабының қаҳарманы Шалтай-Балтайдың өзи. Келеси забурларда биз оның ярым жалаңаш, жарадар, қан аққанын ҳәм ҳәлсирегенин түскинликтиң астында қалғанын ҳәмме адамлар тәрепинен таслап кетилгенин ҳәм жерде созылып, патас шалшық суўға бетин басып жатырғанын, арқасында из бар екенин көремиз.
Ол өмирдиң соққы бериўши тобынан соққы жеди ҳәм түпкирде қалып, ол жалғыз дурыс нәрсени ислейди – ол Қудайды еске алады. Қудай оны гүнадан қутқарғанын еслейди.
Бираз ўақыт бурын бул жигит Қудай менен қарым-қатнасықты баслаған еди ҳәм оның қараңғылығы қаншелли дәрежеде қараңғы екени әҳмийетли емес – ал ол болса тас-түнек еди – ол өзиниң Қудай менен қарым-қатнасығын еслейди ҳәм Оны шақырады ҳәм және шақырады ҳәм Оны шақырыўды ҳеш қашан тоқтатпайды.
Өзиниң аянышлы аўҳалындағы оның ибадаты– бул онда исеним ушқыны еле сөнип қалмағанының дәлили. «Мениң исенимим ҳәм мениң үмитим еле тири» дегенди нәзерде тутып, «Мени қутқарыўшы Қудай» деп айтады.
Ал бүгин сиз: «Қудай мени гүнадан қутқарды», – деп өзиңиз толық исеним менен айта аласыз ба? Неге сиз Масийхтың изинен ересиз – себеби сиз өзиңизди басқа ҳәмме адамлар сыяқлы гүнакар деп тән алып, Ийсаның сизиң орныңызға атанақ ағашта өлгенин мақуллап, сиз Оны, өзиңизди гүнадан Қутқарыўшы сыпатында қабыл еттиңиз?
Егер ондай болмаса, қараңғы күнлерден жалғыз өзиңиз өтиўди таңлағансыз. Бирақ егер сиз исенимиңизди Ийсаға берген болсаңыз ҳәм жеке Қутқарыўшыңыз сыпатында өзиңизди Оған исенип тапсырған болсаңыз, онда, сизиң шатырыңыз бузылған ўақытта, сизде бар күшиңиз бенен жабысып алатуғын Биреў бар – сизиң қандай азаптың ишинде қалғаныз әҳмийетли емес.
Ҳәтте, ҳәмме есиклер жабық болған ўақытта да, исеним Қудайға қарап бурылады ҳәм үзликсиз дуўаларды Қудайға жибереди.
Забур 87:2б
Күни-түни алдыңа келип, жалбарынаман.
Ийсаның изинен ермесимнен алдын, шатырымның төбеси басымның үстинде майдаланып бузылып баслаған ўақыттағы сәтлерде, мени жақсы таныйтуғын жергиликли шарапханаға кирип баратуғын едим. Бизлерде бәрқулла жубанышты гүнадан излеў азғырылыўы бар. Бул я арақ, ямаса наркотик, яки порнография, я өзимизди аяў ямаса өш алыў, ҳәтте, өз жанымызға қас қылыў да болыўы мүмкин. Бахтымызға бул жерде бизиң достымыз Шалтай-Балтай өз қайғысын гүнасын ақлаў сыпатында қолланбайды.
Забур 88:2б-3 те оның Қудайға былай деп жалбарынғаны сөз етиледи:
Күни-түни алдыңа келип, жалбарынаман.
Дуўам Сениң алдыңа жетип барсын,
Қулақ сал жалбарыныўыма.
«Жалбарыныў» сөзи оның Қудайды шақырып, нала шегип бақырғанын ҳәм өкирип жылағанын билдиреди. Күшли соққы оннан дуўа етиў қәлеўин шығарып тасламады. Керисинше, оның қыйралыўы дуўа етиўин көбейтти ҳәм ол лаўлаған пеш сыяқлы болды.
Ол Қудайды турақлы түрде излейди. Неге ондай қылыўы керек емес? Егер Қудай мениң Қутқарыўшым болса, Ол мениң гүнам туўралы ҳәммесин биледи, мениң ислеген нәрселеримниң ҳәммесин биледи, мениң қандай унамсыз жағдайға түсип қалғанымды да биледи ҳәм сонлықтан мен Оған жүзиме нықап киймей-ақ келе аламан. Жөгилениўдиң де кереги жоқ. Оның алдында спектакль ойнаўдың да кереги жоқ.
Адам Ийсаға өз Қутқарыўшысы сыпатында қараған ўақытта, әтирапта ҳәммеси қаншелли дәрежеде қараңғы болып көриниўине қарамастан, бул енди 100%лик қараңғылық емес.
Ал енди басыңызға қорғаўшы дуўлыға кийиң, қәўипсизлик белбеўлерин тағып алың – дерлик төменге қарай туўры ушамыз… Таўсылмайтуғын машқалалар себепли бул жерде бизлердиң Шалтай-Балтайда нурсыз тас-түнек қараңғылық болады.
Забур 87:4
Жаным азапқа толы,
Өмирим өлилер мəканына жақынласты.
«Жаным азапқа толы» деген сөзлер ҳәлсиреўлерди, жарақатларды, физикалық аўырықларды ҳәм апатшылықларды өз ишине алады. «Қудайым, мениң сынақларымның қаншелли жаман екенин қалай Сен көрмей турсаң Бул Сени маған жәрдем көрсетиўге ийтермелей ме?»
Машқалалар сели оны дерлик өлим шегарасына алып келди. Оның машқалалары соншелли жаман болып, ол өзин тириден гөре, өли деп көрди. Оның өмири сөнип баратыр, оның руўхы ҳәм күши таўысылды. Ол өзин адамның саясы сыяқлы қылып көреди. Ол зорға аяғында турады.
Забур 87:5-6
«Қəбирге киргенлер арасында деп есапланаман,
Ҳал-дəрманы қалмаған адамға уқсайман.
Мен өлилер арасына тасланғанман,
Сен енди еске алмайтуғын,
Жəрдем қолыңнан маҳрум еткен,
Қазаланып қəбирде жатырғанларға уқсайман».
… әлле қашан өли болып есапландым. Күшсиз, дерлик елес сыяқлы. Дәрмансыз. Өзин Қудай умытқан деп сезип, өз кеўлинде нурсыз қараңғылықты басынан кешириўши.
Қараңғылыққа тигилип қарап, ол өзин өлилер қатарында көреди.
Сиз еле руўхый түскинликтесиз бе? Бундай нәрселер не ушын Мухаддес Китапқа жайластырылған деген сораўға жуўап излеп атырсыз ба?
Ким бул жерде, рамаға салып қоятуғындай, қонақ жайына илдирип қоятуғындай ямаса шомылатуғын ханасындағы айнаға жабыстырып қоятуғындай аятларды көрип тур?
Турақлы болатуғын машқалаларды жеңиў аңсат емес. Бирақ Қудай менен жақсы қарым-қатнасықта болмасаң, оны жеңиў оннан да қыйын.
Забур 87:7-9 аятлар Қудайдың жазасынан ямаса ол шамалап ойлаған басқа ҳеш нәрседен ибарат емес.
Забур 87:7
«Сен мени қəбирдиң түбине,
Қараңғылық ҳəм туңғыйыққа тасладың».
Шалтай-Балтай өзинде болған апатшылық ушын барлық айыпты Қудайға аўдарады.
Забур 87:8
«Ғəзебиң үстимди зилдей басып,
Барлық толқынларың менен ездиң мени».
Қудай не ушын оған ашыўлы? Я болмаса, неге ол Қудайды өзине ашыўлы деп ойлайды? Бизлерге Қудайдың қанаатланбаўының себеби белгисиз. Илтимас, бул жерде Шалтай-Балтай өзин айыпсызбан деп тастыйықламайтуғынын түсиниң. Бирақ және де, ол өз гүнасын мойынламайды.
Толқын изинен толқын жағаға урылғаны сыяқлы, оған бахытсызлық изинен бахытсызлық оны қатты урады
Биз бул жерде оның тек гүналарының ақыбетлерин көремиз. Бизлер оның жағдайын толық түсиниўимиз ушын, бул жерде көп нәрселер қалдырылып кетилген.
Забур 87:9
«Жолдасларымнан айырдың,
Мени оларға жеркенишли қылдың,
Қамалып қалдым, шыға алмайман».
Ол да өзиниң жақын жолдасларына бара алмайды, олар да оған келе алмайды. Дурысын айтқанда, оның дослары Қудай оған ашыўлы деп шамалап ойлаған болса керек ҳәм сонлықтан олар оннан қашқан. Ол өзиниң жеке бахытсызлығының тутқыны.
Забур 87:10а
«Көзлерим қайғыдан ҳəлсиреген».
Онда, ҳәттеки жасаў ушын азғана энергия бар. Бизлер 3-аяттан 10-аятқа дейин алдымызда көрип турғанларымыз – бул жан аўырығынан ҳәм физикалық аўырықтан аспан ҳәм адам қабыл алмаўшылығыына қарай үзликсиз түрде өтиў болып табылады.
Егер де усы Шалтай-Балтай машина болғанда, биз бул жерде ол жолдың шетиндеги салмаға шығып кетип, ҳаўада аўдарылып, жартастан төменге ушып келип, басқа тасларға урылып, кейин жанып кетеди, деген болар едик. Оны қутқарыўшы вертолётта тез жәрдем емлеўханасына жеткереди ҳәм сонда булардың ҳәммеси үзликсиз дуўа етиўлерге себеп болады.
Забур 87:10б
«Ҳəр күни Сени шақырдым, Жаратқан Ийе».
Бул сынақ узақ созылғандай болып еситиледи.
Забур 87:10с
«Қолларымды Саған жайдым».
Ески Келисимдеги дуўа етиўдиң әдеттеги түри.
Забур 87:11а
«Кəраматларыңды көрсетер ме едиң өлилер ушын?»
«Ийем, мениң жағдайым сондай үмитсиз, егер Сен ҳәрекет етпесең, онда мен тири қалмайман».
Забур 87:1б-13
Өлилердиң руўхлары орнынан турып, Сени тəрийиплер ме еди?
Сениң сүйиспеншилигиң қəбирде,
Садықлығың набыт болыў мəканында айтыла ма?
Қараңғылықта Сениң əжайып ислериң ҳаққында,
Умытылыў мəканында əдалатлығың ҳаққында айтыла ма?
«Егер мен өли болсам, Сен ушын жақсы гүўа бола алмайман. Сени алғыслаў, адамларға сүйиспеншилигиң ҳәм садықлығың туўралы айтыў – бул мен Сен ушын ислей алатуғын ислер емес, егер мен енди буннан былай жоқ болатуғын болсам. Сен ҳәрекет етесең бе? ҲӘЗИР?»
Енди сизлер бизлердиң қаяққа бағдар алып атырғанымызды көрип турсыз, деп ойлайман. Үзликсиз дуўа етиўлер, үзликсиз жазаны ҳәрекетке келтирген үзликсиз жаманлықлардың нәтийжеси болды ҳәм бул және көбирек үзликсиз дуўа етиўлерге алып келди. Енди буннан басқа төменирек түсиў жоқ.
Үзликсиз қабыл етилмеў – ямаса бул Шалтай-Балтайға сондай болып көринеди.
Забур 87:14
«Ал мен, Жаратқан Ийе, Сени жəрдемге шақыраман,
Қылған дуўам таңда жетип барар Саған».
Ийем, мениң ҳәр бир күним Сени шақырыўдан басланады.
Забур 87:15
«Не ушын меннен жүз бурдың, Жаратқан Ийе,
Неге жүзиңди меннен жасырасаң?»
Бул жерде Шалтай-Балтайдың ең терең дәрти Қудай оны қабыл етпей, оған терис қарады, деп ойлаўы болып табылады. Қудайдың жасырын жүзи жуўап алынбаған дуўаларды билдиреди
Бетер жаман болып бармақта
Забур 87:16
«Жаслығымнан қыйналаман, өлимим жақын қалған,
Қорқынышың алдында шарасыз қалдым».
Ол Шалтай-Балтайдың өмири балалығында басланды. Мүмкин, балалықтан қалған қандай да бир аўырыў ямаса жарақат болса керек?
Забур 87:17, 18
«Қəҳəрли ғəзебиң үстимнен басып таслады,
Қорқынышларың мени тамам қылды.
Күни бойы булар суў сыяқлы орап алды,
Дөгерегимди пүткиллей қоршап алды».
Усы қорқынышлы сынақлардан өтиў оны ақылый ҳәлсиз қылып ҳәм сезимлерин ҳәлсиретип, өзин таслап кетилгендей қылып сезиўге мәжбүр етеди.
Бул муңлы ғарқ болыўды тамамлаў ушын:
Забур 87:19
«Досларымнан ҳəм жақынымнан айырдың,
Тек ғана қараңғылық жолдасым болып қалды».
Ол өзи менен бирге ол жерге ҳеш бир адам жақынлап бара алмайтуғын ҳәм ол жақтан шығыў жолы жоқ болған күшли мүтәжлиги бар қамақхананы көрсетеди. Қудай оннан оның барлық досларын бездирип жиберди. Ол мақаў кесел себепли карантинде тур ма? Оның ең жақын достысы – бул қараңғылық.
Сиз еле руўхый түскинликтесиз бе?
Мүмкин, 20-аят жәрдем берер? Келиңлер, оған қарайық. Ой! 20-аят жоқ-ғо. Тек қараңғылықтағы тас еденде Шалтай-Балтайдың бөлеклерге бөлинип сынған толық топламы бар.
Биз тек усыны еситиў ушын, соншелли нәрсени басып өтик пе? Яғный, ол оннан кейин жақсы ҳәм бахытлы жасап кетиўи ушын ҳеш қандай бахытлы жуўмақланыў жоқ демекшимисең?
150 забурдың ишинде бул забур – жанның қараңғы түнин тәрийплейтуғын, ең қайғылы, жалғыз забур, ҳеш қандай жақсы нәрсеге үмитсиз болып жуўмақланады. Руўхый түскинликте. Таслап кетилген. Үмитин үзген.
Забур сөзи қосық деген мәнини билдиретуғынын умытпаң. Бул қосық. Бизлер 19-аяттың ақырына келсек, Шалтай-Болтайдың әсбабы қолынан түсип кетеди. Ол үнсиз қалады. Ол ҳәлсиреп қалды. Ол Қудайдың жуўабын күтеди.
Солай етип, бизлер бул қайғылы ўақыядан не нәрсе үйрене аламыз? Бул муңлы «Шалтай-Балтай забуры» Қудайдың китабының бир бөлеги болып, егер бизлер буған жол қойып берсек, бизлер бул жерде буннан бир нәрсе үйрениўимиз тийис деген мәнини билдиреди.
Бизлердиң туўры алдымызда 7 тәсирли сабақ бар
1-сабақ. Масийхый өмир ҳақыйқаттан да, сондай қыйын болыўы мүмкин.
Масийхый өмир ҳақыйқаттан да, сондай қыйын болыўы мүмкин. Бул адам исениўши екенин 1-аятта анық көрсетти. Бул сынақ оның қутқарылыўының жойтылыўына себеп болмады. Егер бизлер масийхый өмирдиң бул жуўапкершиликли тәрепин писент етпесек, онда бизлер өзимизди қәўип астына қоямыз.
Мүмкин, сиз гүллениў Хош Хабары ҳаққында еситкен шығарсыз? «Ол егер адамлар Қудайға исенсе, Қудай қәўипсизлик ҳәм материаллық гүллениў туўралы Өз ўәделерин орынлайды ҳәм Қудайдың Оның адамлары ушын болған ерки, олардың бахытлы болыўынан ибарат деп үйретеди. Ҳәм егер бизлер Қудай менен дурыс қарым-қатнасыққа ийе болсақ, онда аўырыў ҳәм жарлылық исеним арқалы жоқ болады» .
Бул билимсизликтен де жаманырақ сөзлер. Олар қәўипли. Азаплар, сынақлар, қыйыншылықлар шубҳасыз масийхый өмирдиң бир бөлеги болып табылады. Егер сиз гүллениў Хош Хабарына исенетуғын болсаңыз, онда қыйын ўақытлар келсе, бул Қудай сизди таслап кетти деген мәнини билдире ме? Сиз бул қыйын машқалаларды өзиңиз жеңиўиңиз керек пе?
Коринфлилерге 2-хат 11:24-28
«Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы топан суўы себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. Булардың ҳәммесинен тысқары, күн сайын барлық исениўши жәмәәтлердиң ғам-тәшиўишлери еңсемди басып, мени ойландырады».
Бир күни, (Күнлердиң биринде) мен барлық ўақытта күлимсиремейтуғын исениўшини айыплайтуғын, бир масийхый ҳаял менен бирге жумыс иследим. Ол бизлердиң қасымызға келип: «Күлимсире, Қудай сени жақсы көреди. Күлимсире. Қудай сени жақсы көреди», – деп бақыратуғын еди.
Өзин қамшы менен сабағанда, Павел күлимсиреди ме? Ол қамақта отырған ўақытта бахытлы болды ма? Егер Павелде исеним болған болса, онда бундай нәрсе оның өмиринде қалайынша жүз бериўи мүмкин еди? Мүмкин, Қудай оны таслап кеткен шығар? Павел, сен материаллық байлықлардан рәҳәтленесең бе? Егер сиз гүллениў Хош Хабарын Павелге қоллансаңыз онда ол улыўма алғанда қутқарылған ба екен? Исенимиңиз кәмил болсын – гүллениў Хош Хабары мүтәжликлер ўақтында пүткиллей бийпайда болады.
Мен гүллениў Хош хабарын ўайызлық ететуғын жәмәәтке баратуғын исениўши бир жигитти билетуғын едим. Дәслеп ол өз жумысынан айырылды, оннан кейин оны дос болып жүрген қызы таслап кетти. Оның менен бундай нәрсе қалайынша жүз берди? Қудай оның бахытлы болғанын қәлеген жоқ па еди? Оның жәмәәти үйреткенине тийкарлана отырып, ол өзин Қудай таслап кетти деген жуўмаққа келди, сонлықтан да ол өз өмирине қаслық иследи. Оның аты Джон Корнер еди. Мен оны жерлеў мәресимине қатнастым.
Мырза «Шалтай-Балтай исениўши», Қудай сени таслап кеткен жоқ. Буны жазып отырғаныңда, сен бахытлы емес болсаң, бул әпиўайы жағдай. Сен бул сынақлардан исенимиң аз болғаны ушын өтип атырған жоқсаң. Қыйыншылықлар – бул масийхый өмирдиң бир бөлеги. Ҳақыйқатлыққа хош келдиңиз.
Гүллениў Хош Хабарын жәриялайтуғын ҳәмме жәмәәтлер азап темасын писент етпейди, Қудайдан қашатуғын адамларға келетуғын, аўыр ўақытларға исениўшилерди таярламайды.
2-сабақ. Айырым ўақытлары ҳеш бир адам жәрдем бере алмайды.
Оҳ, әтирапыңызда көп адамлар болыўы мүмкин, бирақ« патшаның барлық атлары ҳәм барлық адамлары» өзлериниң қәбилетлерине, сизге қаншелли жақын болыўына қарамай, сизди қайта тиклей алмайды. Айырым ўақытлары бизлер Оның күшин көриўимиз ушын ҳәм Ол Өзине барлық даңқты алыўы ушын, Қудай бизлерди тек жалғыз Оның Өзи ғана жәрдем бере алатуғын машқалаларға дуўшар қылады.
Забур 17:2-3
«Сени сүйемен, күш-қүдиретим Сенсең, Жаратқан Ийе!
Жаратқан Ийе сүйенген таўым, қорғаным ҳəм қутқарыўшым.
Қудайым мениң қорғаўшы жартасым, Оннан пана табаман,
Ол қалқаным, қүдиретли қутқарыўшым ҳəм қорғанымдур!»
Еки аятқа киргизилген мына барлық әскерий терминлерге қараң! Жартас, қорған, қалқан, қүдиретли қутқарыўшы, пана.
Даўыт ол ушын Қудай усылардың ҳәммеси болғанын қаяқтан билген? Аўа, себеби Даўыт көп қыйын жағдайларда болды ҳәм сонда Қудай ол ушын жалғыз шығыў жолы болған еди.
Солай етип, Забур 17:4
«Мақтаўға ылайықлы Жаратқан Ийени шақыраман,
Қутқарыламан душпанларымнан».
Досларымды шақыраман ба? Даўыт та, Шалтай-Балтай да, мен де соншелли жаман жағдайларға түсип қаламыз, яғный олардан шығыўдың жалғыз жолы – бул тек Қудай болыўы мүмкин. Бирақ, бул сондай.
3-сабақ. Бул мырза «исениўши Шалтай-Болтайдың» ақыры емес. Ол Қудай мени умытты, деп ойлап атырған болса керек. Бирақ өзиниң бахытсызлығы деп, ол бир аятты умытты.
Еремия 31:3б
«Мәңгилик сүйиспеншилик пенен сени сүйип …»
Бул ҳәр бир исениўшиге берилген ўәде.
Забур 87 бизлерди күтиўге мәжбүр етеди. Забур 87 де жуўмақ жоқ. Забур 87 ҳеш бир исениўшиниң жақсы көретуғын жыры емес. Бирақ Шалтай-Балтай – исениўши, ол Қудайдың перзенти. Ал Қудай перзентлерине Өз ўақтында жақсы ғамхорлық етеди. Бул сол забурдың жетиспей турған бир бөлеги болып табылады. Ҳәм бул 3-сабақ.
Маған қандай да бир «Шалтай-Балтай исениўши» қоңыраў етсе, мен оған бәрқулла мынадай сораў беремен: «Қудай сени усы жерге дейин тек сеннен қутылыў ушын әкелди деп ойлайсаң ба? Демек, Қудай дәслеп сени гүналардан қутқарды ҳәм сени бағдарлады, жәрдем берди, оны иследи, буны иследи, ҳәммесин сен ушын иследи. Ал енди Ол сени таслап кетти ме? Ол саған ажыратылған барлық дуўа етиў лимитине жуўап берди. Ал енди сени Өз шаңарағынан шығарып жиберип, Саған терис қарап алды. Бул мәниске ийе ме? Аўа, гүнаның ақыбети бар ҳәм мүмкин тәрбия мақсетинде Қудай бир қанша ўақыт үндемей турған шығар. Егер сен Қудай сениң менен қарым-қатнасына «өширип таслаў» түймесин басты, деп ойлайтуғын болсаң, онда мийиңди сабын менен жақсылап жуўып ал.
Бир неше жыл алдын, бир жас исениўшиниң «Шалтай Балтай ай» дегени болған. Бир ўақытлары сиз ибадатларыңыздың сиз ушын уйықлап қалған Қудайды оятыўға урынып атырғанын ҳәм сиз Оның дыққатын қаратыўға ҳәрекет етип атырғаныңызды сезип көрдиңиз бе? Сол жас жигит өзин анық сондай қылып сезген.
Ҳақыйқатында, оның «Шалтай-Балтай кейпияты» соншелли жаман болып, ол масийхый өмирди пүткиллей таслап кетиўге жүдә жақын еди. Бахытқа көре оның ойына Еремия 31:3 келди. Бул аят оны Қудай жолында сақлады ҳәм ол жүриўди даўам етип, нәтийжеде жемисли миссионер болды.
Қудай Өз адамларын таслап қоймайды. Сиз де буннан тысқарылардың бириншиси болмайсыз. Еремия 31:3 тиң астын сызың. Бул аятты айландырып сызып қойың. Оны жулдызша менен белгилең. Усы беттиң шетин қайырың. Бул аятты шомылыў ханаңыздың айнасына жабыстырып қойың.
Бирақ жүриўди даўам етемиз …
Бизиң досларымыз «Шалтай-Балтай кейпиятта» болғанда, бизиң қатнасымыз қандай болыўы керек? Биз өмирде Шалтай-Балтайға қандай қатнаста болыўымыз тийис?
4-сабақ. Бул сынақлар ўақты.
Сизиң «Шалтай-Балтай масийхыйларға» деген сүйиспеншилигиңиздиң сыпаты қандай?
Коринфлилерге 1-хат 13:4
«Сүйиспеншилик узақ сабыр етеди… ».
Мухаддес Китаптың айырым аўдармалары «сүйиспеншилик сабырлы» дейди. Бул надурыс аўдарма. Бул сөзбе-сөз әпиўайы шыдаўдан анағурлым күшлирек болып, «көп азап шегиў, узақ азап шегиўди қәлеў» дегенди аңлатады.
Забур 87 ни оқып, сиз оның қайта тиклениўи көп ўақытты алатуғынын билесиз. Сүйиўши дос оның қайта тиклениў ўақтының ҳәммесинде оның менен әстен жүриўге ўақыт ажыратыўды қәлейди. Бул сизге тийисли ме?
Мен масийхый өмирге өзимниң көп машқалаларымды әкелдим ҳәм мен баратуғын жәмәәтке баратуғын бир жигит маған, мен нормаль өмиримди қайта тиклегенимнен кейин ҳәм түскинликте жасайтуғын адам болыўды тоқтатқанымнан соң мениң менен ўақыт өткизе алатуғынын айтты.
Бул шәртли сүйиспеншилик. Шеклеўлерге ийе болған сүйиспеншилик. «Шалтай-Балтай, егер сен өзиңди қолға алғаныңда, бизлер сениң менен жақсы дос болған болар едик», Шалтай-Балтай өзин қолға ала алмайтуғынын пүткиллей умытып кетип, солай деймиз.
Сулайманның ҳикметлери 17:17
«Дос ҳəрдайым сүйеди,
Туўысқан да қайғыны бөлисиў ушын туўылған».
Бизиң өмир жолымызда ушырасатуғын Шалтай-Балтайларға хатымыз мынадай болыўы тийис: «Мен саған дос сыпатында жабысып алдым. Мен ҳеш жаққа кетпеймен».
5-сабақ. Шалтай-Болтайларға: сиз жалғыз емес екениңизди түсинесиз бе?
Сизиң жаныңызға жақын досларыңыз бар. Исениўши Шалтай-Балтайлардың клубы сиз көз алдыңызға келтире алатуғыныңыздан да әдеўир көбирек, олар жәмәәттиң пүткил тарийхындағы жетерли дәрежедеги белгили ағзалары болды.
16-әсирде жәмәәттиң реформациясын баслаған Мартин Лютер былай деп жазған еди: «Егер де мен басымнан өткизген бахытсызлықлар басқа биреўдиң басына түскенде, ол әлле қашан өлип қалған болар еди. Гүманлар, тынышсызлық, азаплар, үмитсизлик – булардың ҳәммеси оның басына түскен еди.
18-әсирде жасаған Уильям Купер руўхый кеселликлер клиникасына рәсмий түрде «зорлық пенен жайластырылған» еди. Кейин ол Масийхқа исенимге келди, бирақ гүманлардан азап шегиўди даўам етти ҳәм көринис көргеннен соң, дозаққа ҳүким етилгенмен деп ойлады.
Ол шыпаланды ҳәм масийхый гимнлерди жазды ҳәм ўақтын «Уллы мийрим» деген гимнди жазған Джон Ньютон менен өткизди.
Арадан жүзлеген жыллар өтип, Купердиң шығармалары Америкадағы пуқаралар ҳуқықлары ушын гүресетуғын ҳәрекетти жигерлендирди.
19-әсирде жасаған Чарльз Сперджен, барлық дәўирлердеги уллы ўазшылардың бири. Онда күшли руўхый түскинлик болып туратуғын еди.
Освальд Чемберс, 20-әсир жазыўшысы. Ол 4 жыллық руўхый суўсызлықтан өтти.
Сонлықтан, бүгин мүмкин сиз «адамсыз бөлмеде, қапа болып, үмитсизликке берилип отырған болыўыңыз мүмкин, бирақ сиз ол жерде жалғыз отырған жоқсыз. Сол белгили исениўшилер, көплеген басқа адамлардың арасында, өзлериниң «Шалтай-Балтай ўақытларында» отырды… Солай екен, сиз жақсы адамлар топарындасыз.
Және де, Қудай сол адамларды күшли қолланыўды даўам етти, Ол буны сиз бенен де ислей алады. Қудай сиз бенен исин еле тамамлаған жоқ.
6-сабақ. Бизлер масийхый музыка ҳаққында сөйлесиўимиз тийис.
Забур 87 – бул қосық. Забур китабы – бул музыкаға арналған сөзлер китабы. Бизлер сиз бенен бирге Ески Келисим исениўшилери гимнлериниң топламын көремиз. Забур китабындағы сөзлерди 21-әсирдеги масийхый музыканың сөзлери менен салыстырың. 62 забур– бул қайғыны, дәртти, өзин жойтып қойыўды, қыйралыўды, ғәзеп ҳәм жалғызлық сезимин билдиретуғын өкирип жылаў болып табылады. Бул барлық Забур жырларының 41% и.
Бүгин қанша көп масийхый қосықлар бундай сезимлерди көрсетеди? Забуларда Қудай масийхый өмирдиң қыйын ўақытларын жасырыўға ҳеш қандай ҳәрекет етпейди. Бүгинги масийхый музыка ҳаққында не айтыўға болады?
Масийхый художник Томас Кинкейд гүна ҳеш қашан бул дүньяға кирмегендей қылып картина сызыўды қәлейтуғынын айтқан еди. Усындай кеўилшеклик, тек өзин ойлайтуғын, Мухаддес Китапқа тийкарланып, Қудайды уллылаў ушын дыққатты Қудайға қаратыўдың орнына кейпиятты аңсат жол менен көтеретуғын қатнас, бүгинги күнде айырым масийхый музыкаларға да өтти ме?
Қалайынша бизлер улыўма масийхыйлар «күни бойы бахытлы, бахытлы, бахытлы, бахытлы» деп қосық айтыўға келип қаламыз? Бундай ой-пикир гүллениў Хош Хабарына тийисли. Оо, сол қосық балалар ушын ба?
Онда бизлер, балаларымызға мәниси жағынан жалған болған қосықларды үйретемиз, ал ондай қосықлар болса жалған ҳәм олар ержеткен ўақытта, бизлер оларды ҳақыйқатқа үйретиўди баслаймыз ба? Ҳәм бизлер буны масийхый тәрбия деп атаймыз ба?
Өз жәмәәтлеринде әйне забур жырларын айтатуғын азғана жәмәәтлер бар. Масийхый гимнлер жыйнағы – бул Забур жырлары китабы. Бул туўралы ойлап көриң. Ҳақыйқый идея! Қараңлар, олар бул жерде не ислеп атыр: олар өз музыкасында тек Қудайды алғыслап ғана қоймастан, ал олар сол ўақыттың өзинде жыйналысқа келгенлерге Мухаддес Китап аятларын ядлаўға жәрдем берип атыр. Мүмкин, олар бир нәрсени түсинетуғын шығар.
Бәлким, бизлер еситип атырған ҳәм буған балаларымызды үйретип атырған айырым масийхый музыкалар, қаншелли дәрежеде Мухаддес китапқа тийкарланған, деп бизлер өзлеримизден сораўымыз керек шығар.
Бул бизлерди соңғы сабаққа алып келеди.
7-сабақ. Мийрим ҳаққында. Бул теманы жуўмақлаў ушын қандай әжайып усыл.
87-Забурдың мырза Шалтай-Балтайы қараңғылықта отырман деп ойлайды ҳәм сизлер ҳәм мен билемиз, яғный ол еле өз апатшылығынан жарақатланып атырғанда, Қудайдың мийрими оған жәрдем береди, себеби ол исениўши. Бул жүдә жақсы. Бирақ Қудайдың мийрими деген не? Мийрим – бизлер көп қолланатуғын жақсы масийхый сөз. Сизлерди билмедим, бирақ маған бул сөздиң ҳақыйқый мәниси жүдә әстен жетип келди. Жүдә әпиўайы қылып айтқанда, мийрим – бул бизлер өзлеримиз ислей алмайтуғын нәрсени бизлер ушын ислейтуғын Қудай.
Асханадағы раковинада патас ыдыслар көп болып үйилип қалатуғын ўақытлар болады. Қудай ҳеш қашан олардың ҳеш бирин жуўған жоқ, себеби мен бул исти өзим ислей аламан. Я болмаса, мүмкин сиз машинадағы майды аўмастырыўыңыз керек шығар. Механик бул жумысты ислей алатуғын ўақытта, бул жерде Қудай сизге жәрдемге келеди, деп ойламаң.
Бирақ бизлер пүткиллей өзлеримизди гүналарымыздан қутқара алатуғын жағдайда емеспиз, сонлықтан бизлер исенимимизди Оған қаратсақ ҳәм өзимизди Оған исенип тапсырсақ, Қудай бизлерге жақынлайды ҳәм бизлерди гүналарымыздан қутқарады. Бул мийрим. Бизлер өз гүнамыздың машқаласын шеше алатуғын жағдайда емеспиз, сонлықтан өзимизди Қудайдың қолына тапсырып, Оннан бизлерди қутқарыўды сораймыз ҳәм Ол қутқарады. Солай етип, сиз Ийсаға келесиз ҳәм өзиңизде сиз жеңе аламйтуғын көп жаман әдетлер бар екенин түсинесиз. Сиз гүнадан ўаз кешиўге ҳәрекет етесиз, бирақ өзиңиз буны ислей алмайсыз. Сонлықтан биз және Қудайдан жәрдем сораймыз, Ол бизлерге мийрим береди ҳәм гүнадан әстен, бирақ дурыс азат болыў қәбилетин береди.
Сонда бул сиз оннан қашып кетиўди қатты қәлейтуғын, бирақ сиз бундай қыла алмайтуғын, сизди ашыўландыратуғын ағайиниңиз бар, сонлықтан да сиз қызба минезиңизди қадағалаўға жәрдем сорап Қудайды шақырасыз, бирақ, сиз үйге келген ўақтыңызда, ашыўланбағаныңызға ҳайран қаласыз. Бул сиз Қудайдың жәрдемисиз ислей алмайтуғын нәрсени ислеўге жәрдем беретуғын Қудайдың мийрими.
Сонда сизиң алдыңызда турған бул қорқынышлы операция ҳәм достыңыздың өлими ҳәм сиз шешиўиңиз керек болған бул қатты қорқынышлы машқала. Қудай сизиң жалбарыныўларыңызды тыңлайды ҳәм сизге буны жеңиўге жәрдем береди. Өзиңиз ислей алмайтуғын нәрсениң сиз ушын ислениўи – мийрим болып табылады.
Бизлер тек мийрим менен қутқарылдық. Бизлер масийхый өмирде тек мийримниң арқасында жасап атырмыз.
Мынаны түсинип алың: биз өз күшимиз бенен шеше алмайтуғын қыйын жағдайларға түсириўге Қудай шебер, сонлықтан бизлер Онынан шақырамыз. Сонда Ол бизлерге жәрдем бергенде, бизлер Оның күшин, Оның сүйиспеншилигин ҳәм Оның басқарыўын көремиз. Бизлер Оған бурынғыдан да жақын боламыз. Бул мийрим. Мийрим таң қалдырарлық емес пе?
«Шалтай-Балтай масийхыйлар» жәрдем сорайтуғын тек бир орын бар. Бул – Қудай ҳәм Оның мийрими. Олар пәнт бермейди. Балалар қосығындағы Шалтай-Балтай мийримге ҳеш ерисе алмайды. Бирақ Забур 87 ниң мырзасы да сиз ҳәм мен де мийримге ерисе аламыз. Мине ҳәмме айырмашылық сонда.
Сиз бүгин қандай «Шалтай-Балтай жағдайдасыз»? , яғный бул Қудайды шақырыўға ҳәм Оның сизге жәрдем бериў ушын умтылғанын көриўге ҳақыйқый мүмкиншилик болыўы мүмкин.
Бирақ ең әҳмийетлиси, сиз көрип турған болсаңыз, сиз бүгин түсип қалыўыңыз мүмкин болған ең жаман жағдай – бул Қудайдың шаңарағының сыртында болыў.
Егер сиз Масийхқа ериўди баслаўды қәлесеңиз, онда баслаң. Ҳәзир! Қудайдан сизди өзиңиз отырған гүна қараңғылығынан қутқарыўды сораң. Ол сизге тосықларды жарып келеди.