«Дослар»
Maқаланың атамасы «Егер олар сизиң өмириңизде болмаса, сиз жалғыз емессиз» деп аталынған еди.
Ондағы параграфлардың биринде былай делинген:
«Бурын дослық стресстен қашыў жолы болған еди. Ал бүгин болса, бизиң досларымыз ямаса олардың жетиспеўи стресстиң тийкары болып табылады – тек бул сәтсизликке ушыраўдың және бир жолы».
Бир неше жыл алдын, мен бир танықлы масийхыйдан мынадай сөзлер менен жуўмақланатуғын хат алдым: «Сиз бизлердиң ең жақын, жеке, түсимпаз ҳәм ғамхор досларымыздың бири болғаныңыз ушын рахмет». Мен бул адамды ҳеш қашан жүзбе-жүз көрмеген едим. Бирақ мен оның жақын, жеке, түсимпаз ҳәм ғамхор достысы едим.
Мен және бир хат алған едим. Ол қолдан жазылған болып, онда былай делинген еди: «Көп адамлар нықап кийип жүргендей болады. Сол себептен оларды жақыннан билиў қыйын. Мен көп адамларды билемен. Бирақ олардың ҳәммеси маған тек таныстай болып көринеди».
Бир жақсы танықлы руўхый устаз, ер адамлардың тек 10% иниң ғана ҳақыйқый дослары бар деп есаплайды. Тек 10% иниң ғана!
Енди сиз бизиң дослар ҳаққында сөз ететуғынымызды түсинген шығарсыз? Бирақ не ушын бул сиз ушын әҳмийетли болыўы керек?
Мениңше, буған келеси нәрселер жақсы жуўап бола алады: егер биз Ийсаға өз Қутқарыўшымыз деп исенсек, Ол Өзин бизиң достымыз деп атайды.
Юхан 15:15
Буннан былай, сизлерди «қул» деп атамайман. Өйткени қул хожайынының не ислейтуғынын билмейди. Сизлерди «досларым» деп атайман. Себеби Әкемнен еситкенлеримниң ҳәммесин сизлерге билдирдим.
Ол гүнакарлардың достысы деп аталды.
Лука 7:34
Адам Улы келип, жеп те, ишип те жүр, сизлер Оны: «Мине, тамақсаў ҳәм мәскүнем адам, Ол салықшылар менен гүнакарлардың досты», – дейсизлер.
…ҳәм бул абыройдан ҳеш қашан бас тартпады.
Солай етип, егер сиз Ийса сыяқлы болыў ушын шақырылған болсаңыз, бул сизиң басқалар ушын дос болыўға шақырылғаныңызды билдиреди.
Сизлерге және бир мәртебе буны қайталап өтиўге рухсат етиң: дос арттырыў ҳәм досларға ийе болыў Ийса ушын үлкен әҳмийетке ийе, сонлықтан, егер сиз Ийсаға исенген болсаңыз, бул автомат түрде досларға ийе болыў ҳәм оларға ғамхорлық көрсетиў сиз ушын да әҳмийетли болыўы тийис екенин билдиреди.
Солай етип, биз Мухаддес Китаптың қай жеринен жәрдем излеўимиз керек? Сулайманның ҳикметлери китабынан излеп көрсек қалай болады? Бул ҳәр түрли ескертиў ҳәм жигер бериўлерге ийе болған әжайып китап.
Ески Келисим дәўиринде бул китап жасларға уллы жетекшилер болыўға жәрдем беретуғын оқыўлық сыпатында қолланылды.
Бирақ мынаған дыққат аўдарың: Сулайманның ҳикметлери ескертиўлер ҳәм жигер бериўлерге ийе 31 баптан ибарат. Солай етип, биринши ескертиў қандай екен?
Сулайманның ҳикметлери 1:10
Балам! Егер гүнакарлар сени азғырмақшы болса, Оларға көнбе.
Бул – надурыс адамлар менен бирге жүрмеў бойынша қатал ескертиў. Буның мәниси қандай? Мәниси соннан ибарат, ҳикметлер китабы, бул китап усыныс қылатуғын әжайып менюдан басланады. (Сул. ҳик. 1:1-6). №1-орын қай жерде ҳәм бул меню қай жерде берилиўи керек? Үйде (Сул. ҳик. 1:8-9).
Балаларыңыздың номери биринши руўхый устазы сиз, ата-аналар болыўыңыз керек. Жаслар жетекшилери ҳәм шопанлары әҳмийетли, бирақ балаларыңыздың биринши гезектеги әҳмийетли руўхый устазлары сизлер болыўыңыз керек. Өз балаларыңыздың руўхый билим алыўын сырттағы адамларға тапсырмаң.
Солай етип, сен Сулайманның ҳикметлериндеги дәслепки алты аятында усынылған әжайып менюға ийесиз. Сен жер жүзинде өзиңе Сулайманның ҳикметлерин үйрететуғын ең жақсы ата-анаға ийе бола аласаң, әсиресе Сулайманның ҳикметлери 1:8-9 сондай, бирақ егер надурыс адамлар менен жүретуғын болсаң, онда сениң келешегиң сәтсиз болады. Сениң досларың сени көтериўие, ямаса сындырыўы мүмкин. Олар Қудай сениң өмириңде қурыўды қәлейтуғын ҳәмме нәрсени толық қыйрата алады. Дослық сондай дәрежеде күшли.
Мына нәрсе туўралы ойланып көр: Сулайманның ҳикметлеринде ескертиўлерден ибарат болған 31 бап бар. 1-ескертиў – бул сениң өмириңди бузыўы мүмкин болған надурыс дослар. Биз толық бузылыў ҳаққында айтып атырмыз. Солай етип, сиз ата-аналар, балаларыңыздың дослары ким екенин анықлаў ушын, дөгеректи аңлысаңыз, онда сиз өз исиңизди орынлаған боласыз. Сиз усыны ислеўиңиз керек. Жақсы жансыз болың.
Бул практикалық кеңес ҳәм биринши бап болып табылады.
Сулайманның ҳикметлери бизге дослық ҳаққында және нелерди үйрете алады? Көп нәрселерди!
Үш тийкарғы сораў бизге Сулайманның ҳикметлеринде не айтылғанын түсиниўге жәрдем береди:
- Ҳақыйқый дослар қандай жуўапкершиликке ийе?
- Ҳақыйқый дослар табыўда қандай тосқынлықлар бар?
- Дос таңлаўда қандай жақсы кеңеслер бар?
Келиңлер, усы сораўлардың ҳәр бирин қарап шығайық. Бирақ дәслеп Қудайдан жәрдем сораймыз:
«Бизиң аспандағы Әкемиз! Биз супер әҳмийетли болған теманы көрип шығыўды баслайжақпыз. Жақсы досларды таңлаўдағы сәтсизлик сәтсиз өмирге әкелиўи мүмкин. Сен бизлерге бундай болғанын қәлемейсең. Бизиң жүреклеримиз тәлим алыўға бейим болсын. Үйренгенлеримизди өмирде қолланыўға жәрдем бер. Бизлер усыны Сеннен Ийса Масийхтың аты менен сораймыз. Аўмийин».
Биринши сораў: Ҳақыйқый дослар қандай жуўапкершиликке ийе?
Басқаларға жақсы дос болыўды қәлейсең бе? Жақсы нәрсени қәлегенсең. Сен не ислеўиң керек?
Сулайманның ҳикметлери 17:17
Дос ҳәрдайым сүйеди, Туўысқан да қайғыны бөлисиў ушын туўылған.
Мен сизлерге шақырық тасламақшыман. Бул сиз ушын онша жағымлы болмаўы ҳәм сиз буны қасыңызда ҳеш ким болмағанда ислеўди қәлейтуғын шығарсыз. Мәнзиллер жазылған дәптершеңизди алып, бетлерин ашыўды баслаң. Бир ўақытлары сизиң ойыңызша сизге дос болған адамлардың атларын көриң. Оларға не болды? Олар қашан сизиң өмириңиздиң бир бөлеги болған еди? Сизлер не ушын бир-бириңизден узақлап кеттиңиз? Мүмкин сизиң ядыңыздан шыққан шығарМәнзиллер жазылған дәптершемнен мен ушын ҳеш нәрсени аңлатпайтуғын атларды қайта-қайта оқыйман. Бул растанда мениң мәнзиллер жазылған дәптершем бе?
Шет елде болған бир неше жүзлеген азиялы студентлер менен изертлеў өткизилген еди. Олардан сол елдиң адамлары туўралы не ойлайтуғынын сораған еди. Олардың таң қалдыратуғын жуўаплары мынадай болды: «Бул елдиң адамлары жүдә сыпайы (әдепли), бирақ олар ҳеш нәрсеге турмайтуғын дослар».
Изертлеў өткизген адам мынадай жуўмаққа келди: «Бул жат адамлар – сүйкимли адамлар. Бирақ олар өзлеринен ажыралып туратуғын адамлар менен ҳақыйқый ҳәм сүйиспеншиликли қарым-қатнасқа ийе болыў ушын, бәрқулла жүдә бәнт болып, өзлерине үзликсиз ғамхорлық көрсетиў менен бәнт».
Ой! Аўырады!
Мүмкин, усы себепке байланыслы Йонатан ҳәм Даўыт туўралы гүрриң Мухаддес Китаптан орын алған шығар. Йонатан ҳәм Даўыт уллы досларға айланады, бирақ Ионатанның әкеси Даўытқа ашыўланып Даўытты өлтириў мақсетинде көп жыллар даўамында оны қуўдалап келди.
«Даўыт, ең жақын достың – сениң ең жаўыз душпаныңның улы екени сени ғәзеплендирмей ме?
Даўыт, қулақ сал, саған бир кеңес бериўиме рухсат ет: Йонатанды өз өмириңнен алып тасла. Сенде жақсы себеп бар. Сен растан да, өзиңди жоқ қылмақшы болған сол еси аўғанның улынан қутылғаның себепли сени биреўдиң ҳүким етиўге батылы барады деп ойлайсаң ба?
Бундай болмайды. Даўыттың Йонатан менен дослығы тек Йонатанның өлими менен ғана жуўмақланады.
Сиз «Сулайманның ҳикметлеринде» «дос» деген сөзди көрсеңиз, ол жерде тосаттан болатуғын, немқурайды ҳәм кирип-шығатуғын есик сыяқлы дослық ҳаққында айтылмайды.
Дослық, ҳақыйқый масийхый дослық даўам етиўди талап қылады, әсиресе сынақ ўақтында. Даўыллар ўақтында сен арттырған дослар өмириңдеги сынақлар ўақтында да жаныңда қалады. Сен түскинликте болғаныңда, олар қоңыраў етеди. Сениң шаңарағың толық ыдырағанда, олар сени тынышландырады. Сен жумыссыз болғаныңда, олар ўақтын сениң менен бирге өткизеди. Бундай даўыл дослары досласыў керек болған жалғыз дослар болып табылады буннан да әҳмийетлиреги даўыл досы – дос болыўға ылайық болған жалғыз дослық
Гәптиң мәниси усындай досты табыў емес, ал усындай дос болыў керек дегеннен ибарат.
Сезимтал адамлар ҳәм шайырлар бул аятты жақсы көреди. Бирақ бул аятты ҳақыйқаттан орынлай алатуғын адамлар тәбийғый менменликти масихый сүйиспеншиликке өзгертиўи ушын, Қудайдың мийримине жол қойып беретуғын адамлар болып табылады.
Тәғдирдиң өзгермелилиги сизиң ҳақыйқый досларыңыз кимлер екенин көрсетеди. Ал сениң өзиң қаншелли садықсаң?
Биз дослықта қандай жуўапкершиликке ийемиз?
Солай етип, басламасы жақсы. Және не керек?
Сулайманның ҳикметлери 18:24
Дослар бар, өзин дос қылып көрсеткен, Бирақ шын дос та бар, туўысқаннан да жақын.
Үстиртин дослық көп нәрсеге арзымайды ҳәм оннан қашыў керек. Бизге тек бир неше ҳақыйқый дослар ғана зәрүр.
Бул бизге жүдә аўыр батыўы керек. Нени нәзерде тутып атырғанымды түсиндириўге русхат етиң. Жетекши семинариялардың бириниң профессоры толық хызметте бәнт болған 246 адам (шопанлар, жаслардың жетекшилери ҳәм миссионерлер) менен интервью өткизди. Олар өз хызметин жынысый гүна себепли таслап кетиўге мәжбүр болған еди.
Олардың ҳәммеси Масийхқа бағышланған еди. Бирақ еки жыл даўамында олардың ҳәр бири жынысый жақтан азғырылып бузықшылық ислеген ҳәм өз хызметин таслап кетиўге мәжбүр болған еди.
Усы 246 адамның ҳәммеси қандай уқсаслыққа ийе еди? Олардың ҳәммеси бир тәрептен бундай нәрсе олардың өмиринде ҳеш қашан болмайды деп ойлаған еди, екинши тәрептен болса олардың ҳеш биринде есап бериўи керек болған ҳеш ким болмаған еди. Олар – ҳәр түрли раса ўәкиллери болып, ҳәр түрли билимге, ҳәр түрли социаллық жағдайға ийе болды, бирақ усы аңсат болмаған сораўларды беретуғын олардың бирде бир жақын достысы жоқ еди. Сораўлар мынаған уқсас: «Сен порнографияны қалай жеңип атырсаң? Сен басқа жыныс адамы менен өзиңди ылайықлы түрде тутасаң ба?»
Жуўмақлай отырып былай деймиз: жалғыз адамлар – сәтсиз адамлар. Сиз басқа адамлар менен жынысый пәклик туўралы мәселени көтере отырып, қатты уялыўыңыз мүмкин. Ҳикметлер китабы болса буның кериси. Дәслепки тоғыз бапта төртеўи бар – оларды санап шығың, булар жынысый пәклик туўралы өз алдына айтылған төрт ескертиў. Бизлерге өзлеримизди исенип тапсыратуғын, сырларды сақлай алатуғын, өмирдиң тийкарғы сораўлары бойынша бизден есап алып турыў ушын, бизлер ушын жигерли түрде дуўа етиўши бир адам болыўы зәрүр.
Үстиртин танысларға ийе болыў аңсат, бирақ бул табысқа қарай алып баратуғын жол емес.
Сизиң жақын досларыңыз, ҳәттеки ағайинлериңиз бола алмайтуғынына ҳайран қалмаң. Жаратылыс китабындағы Юсуп өзиниң шаңарағындағыға қарағанда, жат жерли адамлардың арасында көбирек жақсылық көрди. Даўыттың көп ағалары бар еди, бирақ оның ең жақын достысы оның улыўма ағайини болмаған Йонатан болды. Ийса Өзиниң ең қыйын күнлеринде өгей инилери менен емес, ал дослары менен бирге ўақыт өткизди.
Бизлер туўысқанымыздан күткеннен де көбирек турақлылық пенен бизлер менен бирге болатуғын адамға мүтәжбиз.
Жынысый гүнаның қурбаны болған сол 246 адам бизлерди түскинликке түсиреди, соның ушын енди келиңлер жигер алыў ушын, басқа бес ер адамға дыққат қаратайық.
Мениң бир достым миссионер ҳәм устаз сыпатында 50 жылдан аслам ўақыт Қудайға хызмет етти ҳәм бул мени қызықтырып қалды, соның ушын мен оған усы ўақыт даўамында Қудайдың жолында жүриўиниң сыры неде деп логикалық сораў бердим.
Оның сыры – Сулайманның ҳикметлери 28:13
Қылмысын жасырған табысқа ериспес, Мойынлаған ҳәм олардан бас тартқан реҳим табар.
Ол 40 жыл алдын басқа төрт адам менен Мухаддес Китапты үйрениў топарына турақлы түрде қатнаған. Бир күни ол усындай ушырасыўдан соң үйине келип ҳаялына, бул топарды таслап кететуғынын ҳәм өзиниң буннан шаршағанын айтты. Ҳаялы былай деди: «Яқ сен бул топарды таслап кете алмайсаң. Ҳәр сапары сен сабақлардан кейин үйге келгениңде, ол жаққа бармастан бурынғыға қарағанда жақсы кейпиятта боласаң. Бул сени жигерлендиреди ». Кейин ол қалды.
Сол топар кем-кемнен сыпат жағынан өзгерип барды. Адамлар өз нықапларын шеше баслады. Олардың бири пүткил өмири даўамында өзин кемситиў сезими менен гүресетуғынын мойынлады. Ал басқасы бәрқулла менменлик пенен гүресетуғынын мойынлады. Ал үшиншиси порнографияға қызығатуғынын айтты. Және басқа еки адамның қандай қыйыншылыққа ийе болғаны есимде жоқ.
Сулайманның ҳикметлери 28:13 – бул аят сол бес жигитти жигерлендиретуғын ҳәм бириктиретуғын аят. Олар бир-бириниң алдында нықапларды шешиўдиң күшин көреди. Бул аят – мениң миссионер достымның өмириндеги табыс сыры, себеби, сол топар 40 жыл даўамында жүзбе-жүз, ямаса телефон арқалы, яки скайп арқалы ушырасып ҳәм қарым-қатнас қылып турды. Бул бизлерди истиң мазмунына алып келеди – сизиң порнография менен, өзин кемситиў сезими менен ямаса және бир нәрселер бойынша жағдайыңыз қалай?
Бундай жигерлендириў ҳәм есап бериўшилик, және де бир-биреў ушын жалынлы түрде дуўа етиў қарым-қатнасықлары мениң достымды усы жыллар даўамында Қудай жолында сақлап қалды. Үстиртин дослықтың ажыратылған порциялары емес, ал тек бир-бирине бағышланған, бир неше жақын, садық ҳәм бағышланған дослар.
Бизиң заманымыздың жақсы масийхый ораторларының бири былай деп жазған еди: «Мен ҳәзир өмиримди нурға толтыратуғын ески досларымды писент етпегеним ушын, қатты өкинишлимен. Егер де мен оларға көбирек дыққат аўдарғанымда еди. Олар буған ылайық еди».
Егер бүгин сизиң жақын достыңыз жоқ болса, неге енди сондай дос ушын дуўа етиўди басламайсыз?
Дослықтағы үлкен жуўапкершилик ушын …
Сулайманның ҳикметлери 27:17
Темир темирди қайрап өткир қылғаны сыяқлы, Адам адамды жетик қылады.
Мениң ата-анамның шаўып таслаўы керек болған төрт тереги бар еди. Билесиз бе, оларды ким шаўғанын. Мен балтамды силтедим, әкем маған жуўырып келип, балтаны алып, балта топырланып қалғанда, ол верстактағы егеўди иске қосып, топырланып қалған әсбапты қорқынышлы бир өткир нәрсеге айландырды.
Бул жақын, руўхый өскен досларымыздың бизлердиң ақылымыз, идеяларымыз ҳәм мақсетлеримиз бенен ислейтуғын иси. Топырлықты алып таслап, олар бизлерди қайрайды. Дыққатты жәмлеўге жәрдем береди. Бизлерди еле де нәтийжелирек қылады. Сиз кетип баратырып, былай деп ойлайсыз: О! Ол мениң достым болғанына қуўанышлыман!
Ҳәм билесиз бе және не керек? Сиз Мухаддес Китапты қаншелли жуўапкершилик пенен қабыл етсеңиз, басқалардың өмирине соншелли көбирек тәсир етесиз!
Және дослықтағы жуўапкершилик туўралы …
Сулайманның ҳикметлери 27:6
Достың ескертиўи садықлық,
Душпанның сүйиўи алдамшы.
Дослықтың шубҳасыз сынақларынан бири – бул достымызға оның кемшиликлери туўралы айтыўға батыллық ете аламыз ба?
Сораў: Сиз көбирек нени ойлап тәшўишленесиз? Өз достыңыздың тынышлығы ҳаққында ма ямаса оның минез-қулқы ҳаққында ма?
Егер сиз оның тек тынышлығын ойлап тәшўишленетуғын болсаңыз, онда сиз достыңыз еситиўи керек болған нәрселер туўралы үндемейтуғын боласыз. Егер сиз оның минез-қулқын қайғыратуғын болсаңыз, онда сиз оған нениң үстинде жумыс ислеў керек екенин, яғный оның кемшиликлерин сүйиспеншилик пенен жумсақ қылып айтасыз. Кемшилик айтыў керек пе? Онда буны мүләйимлилик пенен, абайлап, дуўа етип ислең. Яҳуда Ийсаны сүйип турып, өзин Оның достындай қылып көрсете алды. Сизиң де өмириңизде өзин дос қылып көрсететуғын Яҳуда бар ма? Бундай адамлар бизлерге жағымпазлық қылады, бирақ олардың жүреклери бизлерден алыста.
Бизлерге бул аят ашып берген нәрсе бийбаҳа. Бир неше жыл бурын мен бир нәрселерге ашыўлы едим. Мен қайта-қайта өзим қапа болған нәрселер туўралы айта бердим, сол ўақытта достым мениң сөзлеримди бөлип: «Демек, сен ҳәзир аўыр нәрселерди бастан кеширип атырсаң. Сен бул бойынша не ислемекшисең? Қапа болып отырып ҳәм тынышсызланасаң ба ямаса умытып, алға қарап ҳәрекет етесең бе? Сен не ислей жақсаң?» – деди.
Мен: «Сен кимсең мениң менен бундай қылып сөйлесетуғындай?» – деп ойладым. Бирақ кейин бул адамның ҳақыйқаттан мени қайғырып атырғанын ҳәм мен буны еситиўим кереклигин түсиндим. Бул ҳақыйқый дос.
Оннан кейин …
Сулайманның ҳикметлери 27:10а
Өзиңниң ҳəм əкеңниң достынан қол үзбе.
Егер сиз Ески Келисимниң көпшилик бөлегин оқып шыққан болсаңыз, онда сизге Сулайманның өлиминен соң Израил екиге бөлингени мәлим. Не ушын? Себеби олар бул аятты писент етпеди.
Сулайманның улында таңлаў бар еди: өз әкесиниң дана досларына қулақ салыў ямаса тәжирийбесиз, еле ержетпеген менмен жас кеңесшилерди тыңлаў таңлаўы.
Ол надурыс таңлаў қылды, нәтийжеде елдиң ярымы қозғалаң көтерди ҳәм олар бөлекленип, өз мәмлекетин дүзди.
Сыналмаған досқа қалай исениўге болады? Не ушын дана адамлар менен бирге болыўға болмады?
Әкем қайтыс болғанда, мениң нәзериме усы аят түсти. Мен буны түсинип алғанымнан кейин, бурын ҳеш қашан ислемеген исти иследим. Әкемниң ески досларының бири қаламызға келгенде, мен оның менен ўақыт өткиздим. Гәп бул ушырасыўдан қуўанғанымда емес, гап бурын мениң шаңарағымды соншелли жарылқаған адам алдында қарыздар болғанымда еди. Шаңарағыздың ески досларына ҳүрмет көрсетиў ушын, сиз не ислейсиз?
Дослықтағы соңғы жуўапкершилик.
Сулайманның ҳикметлери 27:9
Хош ийисли май ҳəм түтетки жүректи қуўантар,
Достың шын жүректен айтқан кеңеси кеўилге жағымлы болар.
« Достың жақсы кеңеслеринен жан рәҳәтленеди».
Телефон шыңғырлап атыр. Онда сизиң жақын достыңыздың номери көринип тур. Сизиң жүзиңизде күлки пайда болады ҳәм сиз трубканы көтересиз. Ҳеш қандай тынышсызланыў болмайды, сиз өзиңизди бос тутасыз. Өзиңизге шай қуйып аласыз ҳәм сүйикли креслоңызда қолай жайласып аласыз да, нықапсыз ашық сәўбеттен рәҳәтленесизҳәм бир-бириңизге жүреклериңизди ашасыз. Сиз сүйиспеншиликте және бир жигер алдыңыз.
Биз бенен сиз мүмкин қымбат әтир сатып ала алмаспыз, бирақ сиз Қудайға унайтуғын кеңес берсеңиз, достыңыздың жүрегине, ҳәтте, ең бай адамлар сатып ала алмайтуғын әтир менен тийинесиз. Соңғы ўақытлары бул нәрсе менен неше достыңызды «байыттыңыз»?
БИРАҚ! Сизиң жақсы кеңеслер бериў қәбилетиңиз ҳәм басқалар ушын хош ийис болыўыңыз, сизиң Ийемиз бенен қарым-қатнасығыңызға байланыслы. Егер сиз Мухаддес Китапты өз өмириңизде қолланып жасасаңыз, онда сизиң досларыңыз сизиң номериңиздиң олардың телефонында көриниўин күтип жүреди. Сондай қылып, дослықта жуўапкершилик бар – булар садықлық, мәсләҳәт бериў, кемшилигин айтыў ҳәм байытыў сыяқлы жуўапкершиликлер.
Келеси нәрсеге өтемиз.
Екинши сораў: ҳақыйқый дослық жолында қандай тосқынлықлар бар?
Сулайманның ҳикметлери 16:28
Ҳийлекер адам жəнжел туўдырар,
Өсекши досларды айырар.
Бул қорқынышлы. Сондай адамлар бар, олар ушын сизиң жақын достыңыз бенен дослығыңызды бузыўдан артық қуўаныш жоқ. Бул Қудай ушын әҳмийетли нәрсениң, шайтанның аяўсыз ҳүжиминиң астында екенин және бир мәртебе дәлиллейди. Буны умытпаң.
Дослық ушын және бир тосқынлық.
Сулайманның ҳикметлери 19:6
Көплер жомарт адамның мийримине түсиўди қəлер,
Қолы ашыққа ҳəмме дос болар.
Бул жерде адамлар дослық нықабы астында қолланылады. Бизиң қаламыздағы бир қыздың артқы ҳәўлисинде шомылатуғын бассейни бар еди ҳәм бул бассейн ҳәр күни дослар деп аталатуғын адамларға толып ыбыр-жыбыр болатуғын еди. Бирақ күн суўығанда, олар қыздың өмиринен жоқ болып кететуғын еди. Бирақ сиз май айын күтип турың ҳәм сонда дослар деп аталатуғын сол адамлар жүзлерине күлки нықапларын тағып, қыздың бассейнинен пайдаланыў ушын, оның өмиринде пайда болыўға ҳәрекет етеди. Бул ҳәр жылы болып туратуғын еди.
Бир адам миллеттиң жетекшиси болғанда, өз балаларына өзи усы елдиң жетекшиси болып турғанда, ҳақыйқый досларға ийе бола алмайтуғынын айтқан еди. Өзлери айрықша артықмашлыққа ийе болыўы ушын, көп адамлардың елдеги биринши шаңарақ пенен досласыўды қәлейтуғынын ол билетуғын еди. Бул жетекшиниң өз балаларына берген мәсләҳәти, қыйын жылларда да олардың қасында бирге болған дослар менен дослықты сақлап қалыў ҳаққында еди.
Бул ўақыялардың ҳеш бири де басқаларға сақый болыў жуўапкершилигин азайтпайды, бирақ бизлер адамларды өз мақсетлеримизде пайдалана алмайтуғынымызды умытпаўымыз керек.
Кейинги тосқынлық.
Сулайманның ҳикметлери 27:14
Таң азаннан қоңсысына даўыслап алғыс айтқан,
Ғарғаған менен тең саналар.
Улыўма алғанда, бул аятта еки тосқынлық болыўы мүмкин. Бириншиси – бул әдеплиликтиң жетиспеўи. Сөйлесиў ушын азанғы 4 те қоңыраў етиў әдептен емес. Бул жерде және бир нәрсе бар, яғный азғана ҳақ нийетлилик болмаған көбирек жаман нийет бар. Өзиниң сизиң достыңыз екенин ҳәмме билгенин қәлейтуғын адамнан сақ болың. Ҳақыйқый досларға өзлерин көз-көз қылыўдың кереги жоқ.
Даўам етейик.
Сулайманның ҳикметлери 14:20
Кəмбағалды қоңсылары да жақсы көрмес,
Байлардың досты көп болар.
Егер сиз бай адамға дос болсаңыз, оның сизден ақша сорамайтуғынын билесиз. Оның буларға мүтәжлиги жоқ. Онда булар әлле қашан бар. Сонлықтан бай адамларды өзине дос қылыўды излеў бойынша азғырылыў бар.
Басқа тәрептен қарағанда, жарлы адамларға айырым ўақытлары ақша мүтәж болғанлықтан, олар менен дослықтан қашыў азғырылыўы бар, себеби сиз өзиңизге аўырманлық жүклеўди қәлемейсиз. «Жақтырмаўшылық» деген сөзлер айырым адамлардың мүтәжликте жасап атырғанларға деген қарым-қатнасын сүўретлеў ушын қолланылады. Бизиң дослығымызды ақша бузбаўы керек.
Соңғы тосқынлық.
Сулайманның ҳикметлери 17:18
Ақылы кем қол берип,
Қоңсысы ушын кепил болар.
Ойланбай кепил болыў – ақылсызлықтың белгиси. Бул сиз ислеўиңизге жол қоймаўыңыз шәрт болған қатаң финанслық миннетлеме. Ҳеш бир дослық өз шаңарағыңды қәўип астына қойып, тәўекел қылыўға арзымайды.
Дослық жолында тосқынлықлар туўралы ҳәммеси мине усылар.
Бул бизди
Үшинши сораўға алып келеди: дос таңлаўда қандай жақсы кеңеслер бар?
Сулайманның ҳикметлери 22:11
Жүрек пəклигин сүйетуғын ҳəм жағымлы сөйлейтуғын адамға,
Патша дос болар.
Ҳәтте, патшаларға да дос керек. Патша өзине кимлерди ҳақыйқаттан дос қылыў керек? Қайтадан усы аятқа қараң. Онда патша өзине бай, билимли ямаса ақсүйек адамлардан потенциалы (келешеги) бар досларды излеўи керек деп айтылмаған. Патша еле де әҳмийетлирек болған нәрселерди: яғный мийримли ҳәм турақлы (принципиаллы) досты излеўи керек.
Бирақ бизлер патша болмағанымыз себепли, бул аяттың бизге қандай қатнасы бар? Егер сиз ер жеткен масийхый болыўға, турақлылық ҳәм мийримлиликте өсип барыўға дыққат қаратсаңыз, кимлер сизиң достыңызға айланатуғынын көрип ҳайран қаласыз.
Бизлер ҳәттеки түсимизде де көрип әрман етпеген досларды бизлерге берип, масийхый ерликти сыйлықлаўға Қудайда көп усыллар бар.
Күшли ҳәм жетискен масийхый болып өсип барыўға дыққат қаратсаңыз, сиз өзиңизди дослық ушын әжайып қылып өзгертип барасыз. Бул өзиңизге дос излегенде умтылыўыңыз керек болған нәрсе.
Солай етип, сизде дослық туўралы үш сораў ҳәм оларға Сулайманның ҳикметлери китабынан берилген жуўаплар бар.
Усы аятлардың ҳәммесин қарап шыға отырып, сиз масийхыйлық дослық күшти талап ететуғынын түсинесиз. Дослыққа жуўапкершиликли түрде қатнас жасаў ушын, Ийсадай болыў керек. Ал дослыққа деген жуўапкершиликли қатнас болса, исенип болмастай жемислер алып келеди.
Буған Масийхқа келген жас мусылман жигит туўралы ҳақыйқый гүрриң айқын мысал бола алады. Ол былай деп жазады: «Мениң көп масихый танысларым бар еди ҳәм егер мен масийхый болғанымда, олар мениң досларым болатуғынына исенимим кәмил. Бирақ бундай дослық шәртли. Маған ҳеш қандай шәрт қоймай ғамхорлық көрсететуғын ҳеш ким болмады ҳәм сонлықтан мен де олардың Хош Хабарына әҳмийет бермедим».
Нәтийжели түрде Хош хабар жәриялаў ушын, қарым-қатнас керек. Буған өзгеше жағдайлар жүдә аз. Сол жигиттиң бахтына бир масихый адам өмирине кирип келип, шәрт қоймай-ақ, оның достына айланды. Сизиң исенимиңиз кәмил болыўы мүмкин, яғный олардың дослығы ўақты-ўақты шийеленисип туратуғын еди, себеби мусылман жигит өз шаңарағының ҳәм мешиттиң жалған тәлийматынан бас тартыў бойынша гүресетуғын еди.
Бүгинги күнде, бурынғы мусылман жигит – мусылманлар арасында масийхый Хош Хабаршы. Ол өзиниң өзгериўине жәрдем берген шәртсиз масийхый сүйиспеншиликке қарызын қайтарып атыр.
Қутқарылмаған адамларға терең тәсир көрсетиў ушын, Қудай сизиң дослық қарым-қатнасықларыңызды қалай қолланатуғынын бир көз алдыңызға келтирип көриң!
Досласыў ҳәрекетин басламастан алдын және қандай ең жақсы мақсетти өз алдыңа қойыў мүмкин – булар бар болған қарым-қатнасықларды еле де беккемлеў ҳәм Қутқарыўшыға мүтәж адамлар менен жаңа қарым-қатнасықларды баслаў.
Бир қанша ўақыт даўамында, Қудай маған қутқарылмаған досларды бериўин сорап, турақлы түрде дуўа етемен. Неге енди сиз де мениң усы дуўаларыма қосылмаўыңыз керек?
Оның үстине, ҳәзир сизиң Ийса менен дослығыңыз қандай? Өз қутқарылыўыңызды жалғыз Оған исенип тапсырған болсаңыз, Ол сизиң ҳақыйқый достыңыз болып табыла ма? Сиз өзиңизде гүна болып есапланатуғынын қандай да бир машқала барлығын көрип турсыз ба? Атанақ ағашта сизиң гүналарыңыз ушын тек Ол өлгенин сиз түсинесиз бе?
Неге енди сиз тап ҳәзирден баслап Ийса менен дослықты басламайсыз? Оның алдында гүналарыңызды мойынлаўыңыз ҳәм гүналарыңыз ушын сизиң орныңызда атанақ ағашта өлген ўақытта Ол сиз ушын төлеген қунды қабыл етиўиңиз тийис.