Қумар ойыны
Жақында дүньядағы қумар ойыны статистикасы бойынша шамалап 26 пайыз халықлық қумар ойынлары бар екен.
Бул дегени 1.6 миллиард әтирапындағы адамлар дүньяға таралған қумар ойынларын ойнайды.
Ҳәр жыл сайын лотерияның сатылыўы дүнья бойлап өсип баратыр. Жақын арадағы сол лотерия сатылыўдың бир жыллық есабы бойынша 279.9 миллиард долларды қураған.
2016-жылы дүнья жүзи бойынша казино проекти бойынша түскен пайда 115 миллиард долларға жетти.
Қумар ойыны кеңнен танылған.
Адамлар не ушын қумар ойын ойнайды?
Көплеген жуўаплар: байып кетиў, қалтасын толтырыў, тез арада экономикасын жоқары көтериў екенлиги анық.
Бирақ басқа да себеплер бар:
«Рискке, яғный қәўипке қол урыў: бул инсанның қәўипке қол урып, йошыў сезимин сезиў тәбийғый ҳәм қумардан жақсы сезим алыўда өзгешелик жоқ. „Мениң саным жоқары шықты ма?“ „Мениң командам утып шыға ма?“ Күтиў сезими тәбийғый жоқары адреналин тезлигин пайда етеди, бундай сезимди сезиў ушын көпшилигимиз күлкили нәрселерди ҳәм кеўил көтериўлерди излеймиз. Базы адамлар бундай сезимсиз жасай алмаймыз деп исенеди.
«Эскапизм, яғный ҳақыйқый өмирден қашыў: казино орталығының жалтылдаўы, әтираптағылардың жоқарғы даўысы ҳәм таң қалысыў даўыслары ямаса ҳәттеки онлайн компаниялар, сондай-ақ бизлер ҳәзирги ўақытлары ҳәр түрли адамлар, ҳәр түрли ҳаўазлар ҳәм эмоциялардың арасындамыз. Булардың барлығы бизлердиң сезимлеримизди оятып, сезимлеримизди жоқары көтереди.
«Өзине тартып, қызықтырыў: Медия ҳәм реклама агентлери қумарпазлық психологиясын жақсы түсинеди, соның ушын, қумар ойынын жийи стилли, жынысыйлықты ҳәм заманагөй модалардың сүўретлемелери менен сүўретлейди. Фильмлерде ҳәм Теле көрсетиўлерде бизлер түнги казинода ямаса күндизги ўақытта жарысларға пул тигип, адамлардың ләззетленип атырғанын көремиз. Жоқарғы жәмийеттиң усынысларын ҳәм көриниў керек болған жерге қатнасыўды жийи ушыратыўға болады.
«Жәмийет: Қумар ойыны көплеген мәдениятлардың бир бөлеги болып қабыл етилген ҳәм жүдә көп адамлар буған кеңнен қатнасады (ҳәр түрли бөлимлерде). Базы жаслар үйинде ата-анасы менен карта ойнап, жума күни дослары менен бинго ойнап, ямаса оқыўдан соң кеўил көтериў дөгерегинде қумар ойыны менен танысып алған».
Қумар ойыны өзин қалайынша ақлайды?
- Бул ойын ҳүкиметти қосымша кирис қаржы менен тәмийинлейди.
- Көп адамларды жумыс пенен тәмийинлейди. Мысалы казиноға қараўыл сыяқлы ҳәр түрли жумысшыларды, техник жумысшыны, ойын алып барыўшыларды талап етиледи. Және де, мийманхана хызметшилерин, машиналарды айдап орынларға қойыўшыларды да умытып кетпең.
- Кеўил көтериўлер менен байланыслы нәрселерде бар. Казино жанындағы шырақлар менен жарқыратып жағып қойылған тамашаларды да есапқа алың.
- Экономиканы жоқары көтереди.
Солай етип, мине не ушын көп жыллардан берли масийхыйлар қумар ойынларына қарсы турады?
Ким ғамхорлық қылады? Бул тек ғана зыянлық ойын-күлки емес пе?
Исениўшилер не ушын әҳмийетли мәселелер менен шуғылланып, қумар ойынын тынышына қоймайды?
Жуўап: Яқ
Қумар ойыны – бул кишкене мәселе емес.
Исениўшилер сыпатында ақшаны Ийе ушын дурыс қолланыўды изленип, қумар ойынды гүна деп атаўға жүрексиниўимиз тийис ҳәм буннан алыста жүриўимиз керек.
Егер бизлер дурыс руўхый мәдениятты қурыўды қәлесек, онда қумар ойыны ушын орын жоқ.
Егер Ийса өмиримиздиң Ийеси болса, онда таң қаларлық емес, Оның ақша туўралы мынадай бир неше пикирлери бар:
1-Пикир:
Қудай мениң барлық ақшамның Ийеси. Мен Қудайдың берген ҳәр бир нәрсеси ушын Оның алдында жуўапкермен.
Бул басқарыў деп аталады.
Егер Ийса ҳәмме нәрсениң Ийеси болса, онда соның менен бирге, Ол қаржыларымыздың да Ийеси болып есапланады.
Әмелий қәдем: жолда турып, тосқынлық қылмай, Қудайдың ақшаңыздың Басқарыўшысы болыўына жол қойың.
2-Пикир: Беўриўде ашық қол болың.
Жәмәәтке қаржы киргизиў, бул егинге төгин бергеннен соң, оннан әжайып мийўе алғанға уқсайды.
Бериў Қудайдың барлық балаларында болыўы тийис.
Әмелий қәдем: өзиңизден сорап көриң, сиз Қудайға бериўде ашық қол болып атырсыз ба.
3-Пикир: Қарыз – буннан қашың.
Әмелий қәдем: қарыз алыў – бул қул болыў екенлигин түсиниң.
Шынында да, қул болыўды қәлейсиз бе?
Енди қумар ойын ҳаққында көрип шығайық.
Солай етип, сиз Мухаддес Китап бул ҳаққында не айтатуғынын үйрениўди қәлеп атырсыз, сөйтип, Мухаддес Китаптың сөзликлерине ямаса силтеме сөзлерди қарап атырсыз, ал сиз «қумар ойын» деген сөз еслетип өтилмегенин билиўиңизге көп ўақыт кетпейди.
Қумар ойын деген сөз Мухаддес Китапта жоқ.
Бул тарийхтың болғаны деген мәнисти бермейди.
Мухаддес Китапта «үш бирлик» деген сөз де жоқ.
Бирақ Мухаддес Китапта F,S, HS үш бирлик киритилмеген деп анық оқытады.
Егер сиз азғантай болса да жәмәәт тарийхы ҳаққында билсеңиз, онда сиз масийхыйлардың көпшилиги қумар ойынына қатты қарсы турғанын билесиз.
Не ушын?
Масийхыйлар не ушын қумар ойынға қарсы турған?
1-себеп: Колосалылар 1:16-17
Бул сан алдын мениң радар экранымнан өтпегениниң себеби буны түсиниўим ушын маған бир неше ўақыт керек болды.
Бирақ бизлер буны биринши гезекте көрип шығыўымыз керек болған себеп екенлиги анық.
Бул мынадай: Қумар ойыны Қудайдың минезине қарсы.
Мухаддес Китаптағы Қудай ҳүкимдарлық қылады.
Ол ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарлық қылады.
Ол бақлаў астына алып қойыпты. Ол барлық хабарды бақлаў астына алып қойыпты. Оны ҳеш нәрсе таң қалдырмайды.
Қудай қуры босқа тәсирин тийгизбейди.
Болып атырған ҳәр бир ўақыяның артында Онда себеп бар.
Я Қудай ҳүкимдарлық қылып басқарып, бақлаў астына алған, ямаса Ол ҳүкимдарлық қылып басқармай, бақлаў астына алмаған.
Сизде усы екеўи де болыўы мүмкин емес.
Мухаддес Китап туўрыдан-туўры Қудайдың ҳүкимдарлық қылып басқаратуғынын айтады ҳәм Қудайдың бул басқарыўында тәртип бар.
Мениң менен жүз берген базы нәрселер ҳаққында мен қапаман.
Мениң менен жүз берген базы нәрселерди мен түсинбеймен.
Мениң менен жүз берген базы нәрселер мени таң қалдырады.
Бирақ – бул әҳмийетли «бирақ».
Менде жүз берип атырған ҳәр бир нәрсениң артында Қудай бар екенин билемен. Аспанға барған ўақтымда Қудайдан өмиримдеги көп нәрселерди түсиндириўин сорайман. Бирақ мен толық исенемен, толығы менен исенемен, Қудайдың жуўабына мен қуўанышлы боламан. Өмиримдеги жолымда дус болған ҳәр бир нәрсе, жақсы болсын, жаман болсын, буларда Қудайдың бармақ излери бар екенлиги анық.
Енди қумар ойынға дыққатымызды қаратайық.
Бул – шансқа, әўметке, тосаттан таңлаўға, ҳеш нәрсениң тәсирисиз нәрселерге қурылған.
Қумар ойыны жоқ қудайдың, яғный, шанстың, ямаса әўметтиң, барлығының үстинен қарайтуғын тәғдирдиң бармақ излеринен келип шыққан.
Әлемниң Қудайын жолыңыздан шетке ысырып, қумар ойын ойнасаңыз, бул Қудайды басқа көриниске айландырыў дегени – бул бутпаразлық деп аталады.
Қудайға ҳәм Оның минезине ҳүрмет көрсетиўимиз ушын, бизлер 1-себеп болған қумар ойынынан бас тартыўымыз керек.
Масийхыйлар не ушын қумар ойынға қарсы турған?
2-себеп: 1Тимофей 6:9-10
Бир неше жыл даўамында мениң шаңарағым ашкөзлик минези менен ҳәммеге танылған адам менен қарым-қатнас қылатуғын едик. Бир күни сол адамның балалары үйге келди ҳәм мен жататуғын бөлмеме бармасымнан алдын олар көринбей қалған еди. Бөлмеме барсам, балалар әлле қашан мениң бөлмемдеги шкафтың тартпаларын тинтип атырғанын көрип, таң қалдым.
Сонда сол баладан не қылып атырғанын сорадым. Оның ҳеш қандай өкинбестен берген жуўабы мынаў болды: «Мен ақша излеп атырман», – деди. Бул дегени оның әкеси баласын шебер ашкөз қылып тәрбиялағаны көринип туратуғын еди.
Базы мәмлекетлер қумар ойынды қоллап-қуўатлап, қаншадан-қанша ашкөз, тек өзи ушын пул деп жүретуғын адамларды тәрбиялап шығарып атырғанын билесиз бе? Не ушын сол мәмлекетлер «Маған көбирек» деп аталған ашкөз адамларды көбейтип атыр?
Бундай адамлардың минезлемеси мынадай: «Мениң бахытлы болыўым ушын талап қылынатуғын нәрсе, бул тек ғана көп ақша.
Мен ўақтымды босқа жеп қоятуғын ҳәм мүләйимлик тәртип ҳәм нызамларды қәлемеймен.
Мен қыйын ямаса қанаатланбайтуғын қарым-қатнасты қәлемеймен, маған аўырманлық керек емес. Себеби биринши орында мен жетерли ақшаға ийе бола алмайман, маған пайдасы жоқ».
Қумарпазлық ашкөзликти алып келеди. Байып кетиў қәлеўи өзин-өзи өлтириў менен барабар болады. Мәмлекет тәрепинен буны қоллап-қуўатлаў жаўызлық есапланады.
Ашкөзлик тәрепдары болған бир адам:
«Ашкөзлик – бул жақсы, дурыс, нәтийжели жумыс ислейди, ҳәттеки, ол адамның руўхый жағдайы менен жумыс ислеп, жеңеди, бөлек-бөлек етип, оның ишки барлығын өз қамалына алып, тутқын қылады. Ашкөзлик өмирдиң барлық тараўында, жумыста адамның жоқары қарай умтылысларын өзине толық бойсындырып алады».
Ҳәр бир мәмлекетке пул керек, бирақ ақша ислеў ушын бундай жаўызлыққа жол қойыўдың ҳеш қандай мәниси жоқ.
1Тимофей 6:10-аяттың екинши бөлимине қараң.
Қумарпазлық – адамды жәмәәттен тез алып кететуғын қақпан, адамды дәрҳәл ашкөз қылатуғын қақпан есапланады. Бул – не ушын қумар ойынынан ўаз кешиў кереклигиниң екинши себеби.
Ашкөзлик компаниямызды ҳәм басқа да надурыс ислеп атырған компанияларды сақлайды. Дүньядағы сиясатлар былай айтады: аўа, келиңлер, ашкөзлик лотериясын жиберип, билимлендириўге қаржы қылайық.
Соннан кейин, бизлер балаларға жәрдем берейик, деп сол лотерияны алып баслаймыз. Келиңлер, қысқа ўақыт ишинде қаржыны көтериў ушын, ашкөзлик лотериясын шығарайық.
Дүнья жүзинде қанша мәмлекетлер лотерия арқалы қаржы ислеўге мүтәж екен?
Ийги ис қылыў ушын надурыс ис қылыў улыўма дурыс емес. Егерде ҳүкимет ақша ислеўге мүтәж болса, ақша ислеў ушын жаўызлыққа қол урыўының мәниси жоқ.
Мен жасайтуғын жерден бир неше км қашықлықта бинго ойыны бар. Жәмәәттен үйге машина менен қайтқанымда, сол жол бойындағы бингоның машина қоятуғын орынлар қаншелли толы екенин көп мәрте көргенмен. Не ушын соншелли көп адамлар сол жерге барады? Жәмәәтке барыўға болса, ўақыт таба алмайды, ал қумар ойынға олардың ўақты көп.
Сиз қумар ойыны ҳаққында оқығаныңызда, адамлардың жәмәәтке барыўды тоқтатқанын еситесиз, олар тек ғана қумар ойынға ўақтын сарплайды.
Қумар ойыны – жәмәәттен тез алып кететуғын қақпан.
Ашкөзлер тез түсетуғын қақпан.
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
3-Себеп
Қумарпазлық адамларды бир-бирине қарсы қылып қояды.
Мухаддес Китаптағы «бир-бириңизди» деп айтылған сөзлердиң барлығын еске түсириң.
Бир-бириңизди сүйиңлер – Юх 13:34
Бир-бириңиз бенен … сәлемлесиңлер – Рим 16:16
Бир-бириңиздиң аўырманлығыңызды көтериңлер – Гал 6:2
ҳәр бириңиз исениўши туўысқаныңызға ҳақыйқатты айтыңлар – Ефес 4:25
бир-бириңизди жубатыңлар – 1Сал 4:18
бир-бириңизди жигерлендирип – 1Сал 5:11
бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. – Яқп 5:16
бир-бириңизге миймандос болыңлар – 1Пет 4:9
бир-бириңизге сүйиспеншилик пенен хызмет етиңлер – Гал 5:13
Бир-биреўди жерге урыў деген сөз сол дизимде жоқ.
Бирақ қумар ойыны сол нәрсени ислейди.
Жақсы минез-қулықтың орнына сиз адамлардың жаўызлыққа берилип баратырғанын көресиз.
Қайсы жастағы адамлар көбирек қумар ойынға берилген? – деген сораў-жуўап өткизилгенде, жасы үлкен адамлар арасында көп раўажланғаны анық болды. Қумар ойынын ислеп шығаратуғын санъаатлар жасы үлкен адамларды өзине тартады. Не ушын қумар ойын заллары адамларға ҳәмме ўақытта толы болады?
Себеби бул шайтанның өтиригин қарым-қатнаслық деп усынады. Жасы үлкен адамларға қарағанда ким ҳәлсизирек болыўы мүмкин?
Бирақ келиңлер, жас мәселесиндеги басқа тәрепин де есапқа алайық: «Қумар ойын санъааты көп клиент шақырыў ушын көплеген видео ойынлары арқалы келешек қумарпазларды таярлап атыр».
Қумар ойынлары наркотик ҳәм спирт ишимликлери сыяқлы үйренген әдетке айландырып атыр. «Басқа дене қәлеўлери сыяқлы қумар ойынлары да энергия күшти ўәде қылады. Бирақ адамларға жақсы өмир бериўдиң орнына, гүна бизлерди ийелеп алады, апатқа қарай бағытлайды».
Бизлер бир-биримизге ғамхор болыўымыз ушын қумар ойынларынан ўаз кешиўимиз зәрүр емес пе?
Бул 3-себеп еди.
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
4-Себеп
Қумар ойынлары шақырылған хызметимизден қалдырып, бизлерди бузады.
Қудай адамды Өз көринисиндей, Өзине уқсатып жаратты. Қудайға уқсатып жаратылған адамлар, яғный бизлер мийнет етиўимиз тийис.
10 буйрықтың төртиншисинде былай айтылған: «Алты күн жумыс ислеп, барлық ислериңди исле».
Мынаў жүдә қызықлы, Ески Келисим дәўиринде яҳудийлерде мынадай нақыл болған: «Егер сиз балаңызды саўдаға үйретпесеңиз, онда оны урлыққа үйреткен боласыз». Басқаша қылып айтқанда, яҳудийлер мәдениятында әкелердиң ўазыйпасының бири улларына Мухаддес Китаптың көрсетпелери бойынша мийнет етиў әҳмийетли екенин үйреткен.
Ефеслилер 4:28
«Урлық ислеген ендигиден былай урлық ислемесин. Керисинше, мүтәж адамларға үлестиретуғын бир нәрсеси болыўы ушын, ол өз қоллары менен ҳадал мийнет етсин».
Урлықшы болма. Егер мийнет етиў қолыңнан келсе, еринбей жумыс исле. Ким шынында да мүтәж болса, жәрдем бериўге қолың ашық болсын.
2Солоникалылар 3:10 «Ҳәтте, бизлер сизлер менен бирге болғанымызда: «Ким де ким мийнет етиўди қәлемесе, аўқат та жемесин», – деген буйрықты берген едик»
Егер ким де ким мийнет етпесе, ол аўқат жемеўи тийис. Жумыс ислеўден бас тартқан адамды сиз бағып, аўқатландырыўға мәжбүрсиз бе? Жуўабы – яқ, мәжбүр емессиз.
Ҳикметлер 12:11 «Жерине тәрбия бергенниң тамағы тоқ, Бос арзыў-қыялға берилгенниң ақылы жоқ»
Бәлким, сиз Протестантлардың мийнет ҳаққындағы әдепнамасын еситкен шығарсыз. Басқаша қылып айтқанда, масийхыйлар көп мийнет етип, соннан атағы шыққан. Қумарпазлық болса күшли мийнет етиўге туўрыдан-туўры қайшы келеди.
Қумарпазлық – бул мийнет етпей, тер төкпей, ақшаны үнемлеместен, оны дурыс сарпламай, аңсат жол менен көп пул ийесине айланыў пикирин ғана алып келеди. Қумар ойынында аңсат пул табыў жоллары бар. Пулға тез ийе болыўға үлкен үмит береди.
Ҳикметлер 12:11 аяттың екинши бөлиминде, қумар қыял-паразлықтың артынан жуўырыў, ҳәр бир адамның мийнет етиў кереклигине толығы менен қарсы турыў ҳаққында айтады. Аўа, ойында утып атырғанлар да бар, бирақ сиз утылып атырғанлардың санын есаплап көрдиңиз бе?
Мүмкиншиликлерди қарастырып көрейик:
Ҳақыйқатты тән алың: «Қумар ойынында сиз көп ақшаңызды, жумыс ислеўге деген уқыплылығыңызды ҳәм өзиңниң ҳүрмет-иззетиңизди жойтасыз.
Ийса Ибадатхананың төбесинен секирип, ҳәммеге танымалы болып, үлкен байлыққа ийе болыўы мүмкин еди. Бирақ Ол буны қылмады. Галгота жолы лотарея қағазлары менен толмады, ал қан менен боялған еди. Қәдирли нәрселерге аңсат, лотарея сыяқлы жол менен емес, ал мийнет пенен ерисиледи». Мийнетти қәдирлеп, баҳалаң. Аңсат жол менен пул табыўды усыныс ететуғын компания ямаса басқа бир фирмалардан абайлаң ҳәм узақта болың.
«Қумар ойыны аўыр машақатлы мийнетсиз ақша табыў жолын усынып, бизлерди азғырады».
Бул қумар ойынларынан ўаз кешиўимиз керек болған 4-себеп.
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
5-себеп
Ҳикметлер 28:27 «Жарлыға берген кем болмас, Ал оннан көз жумған көп ғарғысқа қалар»
Қумар ойыны жарлыға ҳеш нәрсе бермейди. Бул жарлыға езиўшилик алып келеди. Мухаддес Китап жарлы адамларға Қудайдың ғамхорлық көрсететуғыны ҳаққында айтылған. Статистикаға қарасаңыз, жарлы адамлар байларға қарағанда, қумар ойынына көп ақша сарплайды екен.
Бул лотареяның артқы тәрепине «Түскен ақшаға мектеп қурылады», деп жазылып, жарлылардың пулын тартып алғанға уқсамай ма? Казинолар турғынлары жарлы аймақтың жерлерине пул өткизип, кейин «Сизлердиң казинода уттырған пулларыңыз усы жерде», деген жазыўды илдирип қояды. Сиз усыдан артық ҳийлекерлик қыла аласыз ба? Ҳүкимет буны қоллап-қуўатлап атыр ма?
Жарлы адамларда жетерли машқалалары бар. Олардың қайғы ҳәм машқалаларына усы қумар ойынын қосыўдың ҳәжети жоқ.
Бул қумар ойынларынан ўаз кешиўимиз керек болған 5-себеп
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
6-Себеп
Қашан болса да қумар ойынға сарпланатуғын қәрежетти есаплап көрдиңиз бе?
Қумарпазлыққа Аноним шөлкеми өзлерин АА деп атап, адамларға қумар ойынын қойыўға жәрдем беретуғынын айтады.
Сол шөлкемниң ағзасының бири сораў-жуўаптың нәтийжесин айтып берди:
44 пайыз адамлар қумар ойынға ақша тигиў ушын жумысынан ақша урлаған.
34 пайыз адамлар жумысынан айырылған ямаса жумыстан шығарылған.
26 пайыз адамлар өмирлик жолдасынан айырылған.
21 пайыз адамлар ҳеш нәрсесиз қалған.
18 пайыз адамлар қумар себепли қамаққа түскен.
Усыған қарамастан, базы ҳүкиметлер адамларды қуртатуғын қумар ойынларды қоллап ҳәм оннан пайда көре ме? Қумар ойынға рухсат берип қойған ҳүкиметлер адамларға сатқынлық қылып, душпанлық қылып атырғаны болады.
Казино нызамлы түрде ашық турған қалаларға барып көриң, сиз ол жерде үлкен жынаятларды, көп банкрот, яғный ҳеш нәрсесиз қалған адамларды, ажырасқан көп шаңарақларды ҳәм өзин-өзи өлтиргенлер көп екенине гүўа боласыз. Ал қумар ойынына рухсат бермей қойған қалаларда ондай емес.
Жәмәәт қумар ойында утылған пулды қабыллаўы мүмкин бе?
Жәмийетлик аўырыў болған, некелерди бузатуғын, мийнет тәртибин бузатуғын, жынаятты көбейтетуғын, өзин-өзи өлтириўге алып келетуғын ҳәм шаңарақлардың қаржысын жоқ қылатуғын қумар ойынынан түскен ақша Масийх Ийсаның жәмәәти ушын жарылқаў бола ала ма?
Бундай ақшадан ўаз кешиў керек!
Қумар ойынының қәрежети жүдә жоқары. Бул қумар ойынларынан ўаз кешиўимиз керек болған 6-себеп
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
7-Себеп
1Коринфлилер 4:2
«Ал хызметкерлерден талап етилетуғын ең баслы нәрсе – садықлық»
Қумарпазлық ақшаны дурыс сарплаў мәселесиндеги 1-қағыйданы толығы менен бузады. Қудай ҳәмме нәрсениң Ийеси, яғный ҳәр бир затлардың ийеси Қудай.
Бизлер Қудай берип қойған ақшаны әпиўайы ғана басқарамыз. Ҳәр биримизде аманат етип берилген Қудайдың қаржысы бар ҳәм Ол берген барлық нәрсени толығы менен дурыс меңгериўимиз керек.
Солай етип, бир масийхый қумарпаз адам бир күн келип Ийемиздиң алдында турып: «Ҳе, сол Сиз берген ақшаны ма? Аўа, мен олардың барлығын лотто ойынында уттырып қойдым! Бул босқа шығарған даўыс ғана емес пе?
Масийхый адам биринши өзине тийисли болмаған ақшаны қалайынша жоқ қылыў қәўипине қол урады?
Бул 7-себеп еди.
Масийхыйлар не ушын қумар ойнаўға қатты қарсы болады?
8-Себеп
Қумар ойыны шек таслаў менен бирдей емес.
Бизлер Мухаддес Китапта шек таслаўды бир неше мәртебе ушыратамыз. Шек таслаў шешим қабыллаўда, урыны табыўда, қәҳәрли даўылдың себепшиси Юнус екенлигин анықлаўда, Матиясты Яҳуда Исқариоттың орнына таңлаўда қолланылды.
Түсиндиңиз бе? Жоқарыдағы мысалларда нениң жоқ екенин байқадыңыз ба? Сол ўақыяларда ҳеш қандай ақша жоқ. Ҳәзирги ўақытта шек таслаў бул қумар ойыны емес, ал бул сабан менен сүўрет салған менен барабар.
Солай етип, сизде қумар ойынларынан ўаз кешиў ушын 8 себеп бар.
Енди қумарпазлықтың надурыс екенлиги ҳаққында 8 себепти бир қатар қайталап айтып өтейик:
1 Қумар ойнаў Қудайдың тәбиятына туўры келмейди.
2 Қумарпазлық – адамды дәрҳәл ашкөз қылатуғын қақпан болып есапланады.
3 Қумарпазлық адамларды бир-бирине қарсы қылып қояды.
4 Қумар ойынлары бизлердиң шақырылған хызметимизди бузады.
5 Қумар ойыны жарлыға езиўшилик алып келеди.
6 Қумар ойынының қәрежети жүдә жоқары, жоқшылыққа алып келеди.
7 Қумарпазлық ақшаны дурыс сарплаў мәселесиндеги 1-қағыйданы толығы менен бузады.
8 Қумар ойыны шек таслаў менен бирдей емес.
Демек, қумар ойыны утыў дегени емес, ал уттырыў – өзиңниң ҳүрмет-иззетиңди жойтыў, жумыс ҳәм хызмет барысын жойтыў, шаңарағыңды жойтыў, қаржыңызды жойтыў, бир-биреўге деген қарым-қатнасты жойтыў.
Егер сиз бир адамның рак кеселлиги менен аўырыпты деп есетсеңиз, билесизлер, кейинги ол ҳаққында сиз еситетуғын хабар, оның операция болғаны ямаса химия терапия алғаны ҳәм тәўир болғаны ҳаққында болыўы мүмкин.
Соның ушын да, дәрҳәл, тез, өзиңизди қумардан сақлаң. Қумар ойыны – бул рак кеселлиги. Қумарды ҳәр биримиз кесип алып таслаўымыз тийис.