Гомосексуаллар
Ҳәр түрли ўақытта ҳәм ҳәр түрли мәдениятларда гомосексуал ҳәрекети жол қойылып атыр, жазаланып атыр ҳәм қадаған етилип атыр, яғный ҳәр түрли шешим қабыл етилип киятыр. Гомосексуаллық әййемги Греция ҳәм Римде улыўма ғалабалық болмаған. Яҳудийлер, масийхыйлар, сондай-ақ мусылманлар гомосексуал ис-ҳәрекетин пүткиллей гүна деп есаплап келеди.
Базы адамлар бизлерге «мораллық нызам раўажланып атыр», деп айтады. Буның мәниси бурын гүна деп есапланған нәрсе енди гүна есапланбайды, дегенди де аңлатады. Бул жоқарғы эмоцияллық машқала болып, алдымыздағы айлар ҳәм жыллар ишинде еледе, еледе көбирек машқала алып келеди.
Усындай тартысыўда масийхыйлар не ислеўи керек? Бизлер Мухаддес Китабымызды өзимиз бенен алып жүремиз ҳәм бул исенемимиздиң және де өмиримиздиң тийкары деп айтамыз. Бул қайнап турған машқала ўақтында бизлерди қаяққа жетелейди?
Келиңлер, 1-сораў менен баслап, Қудайдың жетелеўин излейик.
1-сораў:
Мухаддес Китап гомосексуаллықты гүна деп айта ма?
Лебий 18:22
«Ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатпа. Бул жеркенишли ис»
20:13
«Егер бир еркек адам ҳаял менен жатқандай қылып, еркек пенен жатса, екеўи де жеркенишли ис қылған болады. Олар сөзсиз өлтирилсин ҳәм олардың қаны өз мойнында қалады»
Римлилер 1:27;
«Сол сыяқлы, ер адамлар да ҳаял адам менен тәбийғый жынысый қатнасты қойып, бир-бирине бузық ҳәўес пенен ынтықты. Еркеклер еркеклер менен уятсыз ис-ҳәрекетлер ислеп, өз бузықшылығына ылайық жазасын алды».
1Коринфлилер 6:9-10;
«Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, 10 урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды».
1Тимофей 1:10;
«…бузықлар, өз жынысындағы адам менен қосылыўшылар, адамды урлап сатыўшылар, өтирикшилер, жалған гүўалық бериўшилер ҳәм дурыс тәлиматқа қарсы ис қылатуғын басқа ҳәмме ушын қолланылатуғынын билемиз».
Усы үзиндилердиң ҳәр биринде гомосексуаллық надурыс ис-ҳәрекет екени айтылады.
Және қайталайман, Мухаддес Китап гомосексуаллық қатнас ҳаққында айтқанда, буны қатты ҳүким етеди. Жаратылыстың ең басында Қудай бир ер адам менен бир ҳаял адамның қосылыўын неке деп белгилеп өтеди. Бул неке деп белгилениў тастыйықлап өтиледи, бул Мухадес Китаптың басынан ақырына дейин ҳеш қандай басқа жол менен туўрылаў ямаса өзгертилиў болмаған.
Солай етип, гомосексуаллық қабыл етилиўи керек ямаса өмир бағытының бир таңлаў жолы деп айтылғанда, Мухаддес Китап ҳеш қандай келисим бермейди. Қудайдың көз қарасында гомосексуаллық өмир жолыңыздың бир тараўы емес. Адамлар еркек пенен бирге болатуғын еркектиң мораллық ҳуқықлары раўажланып, өзгерип атырғанын айтып атырған болса, онда олар қәтелесип атыр. Қудай қашан сол аятларды қайта ислеп ямаса туўрылап ямаса өзгерис киритти?
Базы адамлар усы аятларды көрип: бул аятлар қарым-қатнас ислеп баслағанларға ямаса бир-биреўге садық жасап атырғанларға қарата айтылмаған, деп айтады. Олар қәтелеседи.
Гей, яғный еркек пенен болатуғын еркеклер Ийсаны гомосексуаллық ҳаққында ҳеш нәрсе айтпаған деп айтады. Бирақ олар Матта 19:5-аятқа итибар бермеген, бул жерде Ийса бир еркек пенен бир ҳаялдың арасындағы турмыс қурыў некени ашық ҳәм анық етип айтады. Ийса жоқарыда берилген аятларды ҳеш қашан бир-бирине қарсы етип қоймаған.
Гейлер, (еркек пенен еркеклер) ағымы Ийса гомосексуаллық ҳаққында ҳеш нәрсе айтпады, деп айтса, онда олар өзлериниң Үш бирлик ҳаққындағы түсиниги жоқлығын билдирип атыр. Қудай Әке, Қудай Ул ҳәм Қудай Мухаддес Руўх ҳәмме ўақытта қайталанады ҳәм бирликте ислейди. Солай етип, Мухаддес Китапты талқылаўшылар гомосексауллық сөзбе-сөз айтылмағаны менен, улыўмалық мазмун бойынша қарсы екенин айтады. Демек, Ийса туўрыдан-туўры бул ҳаққында айтпағаны менен, Оның даўысы Үшбирликте бир даўыс болып буған қарсы күшли мақулламайтуғынын көрсетеди.
Адамлар: «Егер расалар арасында неке қурыў болатуғын болса, онда гей, яғный еркек пенен еркектиң турмыс қурыўы да мүмкин болады», деп айтқанда, олар алма менен апелсинди ажырата алмай атыр. Мухаддес Китапта адамлардың денеси ақ, қара ямаса сары ямаса қоңыр болады деп ҳеш қандай айтылмаған. Мен ҳәмме ўақытта қоңыр денели бала болғанман ҳәм егерде мен реңди өзгертиўге урынсам да буны өзгерте алмайман. Не ушын өзгертиўди қәлеўим керек?
Бирақ гомосексуаллық айрықша түрде гүна делинген болса, онда оннан бас тартылып, жүз бурылыўы керек дегенди билдиреди. Көп адамлардың сондай еркек пенен еркек некелик турмысынан жүз бурғаны анық факт. «Гей, еркек пенен еркек жасаў ҳәм масийхый болыў» деген темада китап шыққан болса ҳәм китаптың авторы бир ўақыттың өзинде Масийх пенен бирге жасап ҳәм гей болып өмир сүриўди услаўға болады, десе, ол адам өтирикши ҳәм өзи алданған. Ондай болыўы мүмкин емес, яқ, яқ және бир мәрте яқ.
1Коринфлилер 6:9-10-аятлар. Бул жерде егер сиз усы гүналардың бирин ислеп қойсаңыз дозаққа түсесиз деп айтып атырған жоқ. Ал егер сиз усы гүнакар өмир тәризинде жасап атырған болсаңыз ҳәм оннан жүз бурмасаңыз, онда өзиңизди исениўши деп атаўды да өз ойыңызға келтирмең, деген мәниде айтылған. Болмаса, өзиңизди өзиңиз алдап атырған боласыз.
Ең төменги сызық жүдә түсиникли: Мухаддес Китап гомосексуаллықты гүна деп қатты ескертеди. Шайқалған, гүманлы бөлме ҳеш қашан болмайды.
2-сораў:
Ең әҳмийетли нәрсе не?
Гомосексуал не ушын гүна?
Ҳеш ким зыян көрмейди, егер жынысы бирдей еки адам гомосексуал ис-ҳәрекетин ислесе, деген мәселесинде тартысыў даўам етеди. Солай етип, не ушын Қудай буны қолламайды? Өтмишке қайтатуғын ўақыт келди ҳәм кеңнен берилген сүўретлемени көрейик. Қудай жынысый қатнасты ойлап тапты. Усы жынысый қатнасты ойлап тапқанда, Ол нени мақсет етип қойған еди?
Буның жуўабы Ефеслилер 5:22-33-аятларда жазылған. Илтимас, бул жерде «бойсыныў» ҳәм «бас» сөзлерине алаң болмай, ең әҳмийтлисин өткерип жибермең. Қудай жынысый қатнасты ойлап шығарғанда балалы болыў, тығыз байланыс ҳәм ләззеттен гөре көбирек әҳмийетли себепке гөре берген.
Усы аятларда турмыс қурыўдың ең баслы мақсетин түсиндирип өтилиўи Масийхтың жәмәәтке болған сүйиспеншилигин анық сүўретлеў сыпатында ҳәм Оның жәмәәт пенен болған бирлиги ҳаққында сабақлық үлгиси болыўы ушын берилген. Ийса Қудай Әке менен бир болғанындай, бизлер де Ийса менен бир болыўымыз тийис. Бизлер Қудайдан пүткиллей өзгешемиз, бирақ бизлер Оның менен бир бола аламыз. Бул қарым-қатнас еки түрли жыныстағы адамның, яғный еркек ҳәм ҳаялдың биригип, қосылыўы арқалы бир болыў үлгиси бола аламыз.
Ҳәр бир некениң мәниси Масийхтың жәмәәт пенен биригиў үлгисин билдиреди. Бул Қудайдың көз қарасындағы некениң үлкен көриниси. Ал жынысый қатнас сол некениң беккем болыўын ҳәм байланысыўын аңлатады. Егер усы некениң үлкен көриниси болса, онда некеден тысқарыда болған жынысый қатнаслар, бузықлық ямаса ҳәр ким менен жыныслық қатнаста болыў ямаса гомсексуаллық Қудайдың берген үлкен көринисин қатты қәўип астына салады.
Негизинде статистика анық усыларды көрсетеди. Некеден алдын жынысый қатнас қылатуғын адамлар некеде жасап атырғандай ис тутады. Некеден алдын жасайтуғын адамлар ажырасып атырған адамлар сыяқлы есапланады. Қудай бизлерди жаратты. Бизлерге жақсы болыўы ушын, Қудай минез-қулықлардың нормасын берип, жақсы сүўретлеў берди.
Егер бизлер сол нормалардан тысқары ҳәрекет етсек, онда өзлеримизге, мәдениятымызға ҳәм ең әҳмийетлиси Қудайдың некемиз ушын берген уллы мақсетине үлкен қәўип туўдырамыз. Гомосексуаллық ҳуқық қозғалысы ең баслы сүўретлемени өзгертиўге еркинликти талап қылады. Усылай етип, олар жынысый қатнаслардың ҳәммеси тең ҳәм айырмашылығы жоқ, деп тастыйықлайды.
Бирақ олардың жабысып алған еркинлиги мәдений жақтан жүдә узақласып кеткен, себеби бул арқалы бизлерге ҳәм жәмийетимизге қайтадан өзгерис кириткиси келип атыр. Егерде гомосексуаллық ҳуқық жәмийетимизде тән алынса, онда жақын туўысқан арасындағы некеге ҳәм ҳайўанларға жақынлаўға рухсат етилиўи керек пе? Ямаса не ушын кишкене жас өспиримлер менен жынысый қатнасты нызамлы етиўге рухсат етпеў керек?
Егер Қудайдың берген стандарты тәртипсизликке түсирилсе, онда ҳәр түрли жынысый қатнасты не ушын нызамлы түрде қабыл қылмаймыз? Минекей, баслы мәселе: сондай некеге ийе болған инсан жәмийети Қудайдың жобасындағы танымалы даңқлы орны ҳәм жынысый қатнас сол жобаның баслы роли, және де ҳәр қандай жынысый қатнасты бузып қолланыў – Қудайдың жобасына ҳүжим болып есапланады. Егер сиз үйленген ямаса турмыс қурған болсаңыз, онда өз жубайыңызға садық болып, Қудайдың жобасындағы өз ўазыйпаңызды орынлаң.
Егер сиз үйленбеген ямаса турмысқа шықпаған болсаңыз, онда жынысый қатнастан өзиңизди тыйып, Қудайдың жобасындағы өз ўазыйпаңызды орынлаң. Айтпақшы, гейлердиң еки жубай болып үйлениў қозғалысын сөз етсек, оларда ҳеш қашан өлимге дейин бирге жасаўы жүз бермеген. Фактлер бойынша бундай улыўма болмаған да.
Еки жуп гейлерди жақсылап үйренип шығылғқанда, олар 5 жылға бармай бир-бирине садық болыўы 0 пайызды көрсетти. Және бир гейлерди иззертлеў иси мынаны көрсетти: үштен бир жубай гейлер жубынан басқа жүзден артық адамлар менен жынысый қатнас қылғанлығы анықланды. Демек, гомосексуаллық бузықлыққа күшли байланыслы екенлиги анық.
Бул пикирди сызып, белгилеп қойың. Бир автор былай жазған еди: «Гомосексуаллық Қудайдың мақсетиндеги жынысый қатнас болмағанлықтан ҳеш қашан өз өнимин ҳәм нәтийжесин бере алмайды. Сол гомосексуал орталықта тәртипсиз жынысый қатнаслар ҳәм бузықлықлар үзликсиз түрде жүз береди ҳәм ҳеш қандай қанаатланыў болмайды да, оған жетисе алмайды да. Олар сәтсизликлерге ушырай береди. Ҳақыйқый нәрсени жасалма қылыў, яғный қолдан ислеў ҳеш қашан мүмкин емес».
3-сораў:
Қудайдың гомосексуалларға болған қатнасы қандай?
Бир күни мен «Қудай менменлерди жаман көреди», деген жазыўды көрдим. Солай етип, Масийх өтирикшилердиң, қанхорлардың, бузықлардың, мәскүнемлердиң гүналары ушын өлди. Гомосексауллардың гүнасы ушын өлмеди ме?
Ийса атанақ ағашта болған ўақытта: Ҳәй, гомосексуаллардың гүнасын Меннен узақластырың. Оларды жек көремен. Мен олардың гүнасы ушын қурбан болыўдан бас тартаман, – деди ме? Мухаддес Китабыңызды дыққат пенен оқың. Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен – бул жерде гомосексуаллар да киреди – Өзиниң жалғыз Улын берди. Оның Улына исенген ҳәр бир адам набыт болмай, мәңгилик өмирге ийе болады – бул жерде тәўбе қылған ҳәм Масийхқа исенген гомосексуаллар да киреди.
Масийх гүна ушын қурбан болды, гомосексауллар ушын да қурбан болғанын нәзерде тутады, ҳәмме ушын бир қурбанлық. Сиз гомосексуалларға жәрдем бериўден бас тартып, бир нәрсе қылыўдан бас тартып отырғаныңызда, Ийса сизге қутқарылыўды усынғаны сыяқлы, олардың да орнына қурбан болып, қутқарылыўды усыныў ушын оларға барып атыр. Ийсаның қаны бизлерден қанша гүнамызды жуўып тазалайды? Әлбетте, барлық гүналарымызды. Гомосексуаллық гүнаны да жуўады. Келиңлер, Қудайдың сүйиспеншилигине Өзи ойламаған шеклеўди қойып тасламайық.
4-Сораў:
Ийсаның базы «қызық түйилген» ис-ҳәрекетин қалай түсиндиремиз?
Матта 26:49
Гетсемани бағында Яҳуда Искариот келип, Ийсаны сүйди. Егер Ийса туўры болса, не ушын Ол Юханды ийтерип жибермеди? Не ушын Ол Яҳуданың мурнын бет қылмады? Бул критика мәдениятлардың ҳәр түрлилигин итибарға алмайды.
Римлилер 16:16 «Бир-бириңизди мухаддес поса менен сүйип…» Дүньядағы базы жәмәәтлер буны бүгинги күнде сөзбе-сөз әмелде қолланады. Базылары ондай қылмайды. Деген менен, бир жәмәәттиң дәстүри қалған инсан тарийхына жүкленеди, деп ойласақ, бул келте пикир болмай ма?
Және бир Ийсаның гей екен, деген шамалап дәлил етип қолланылатуғын аятлар, бул Юхан 21:20-аятты келтиреди. «Бул – кешки аўқат ўақтында Юхан Ийсаның көкиретине сүйенип жатып,…» Дүньяда көплеген мәдениятларда ер адам қасындағы ер адамға сүйенбейди. Бирақ бул сүйениў дегени, гей адам дегенин аңлатпайды.
Және де, Ийсаны дөгерегинде ер адамлардың көп етип топлағанын айтып та айыплайды. Олар жүдә жақын дос, дослық болған жоқ па? Ийса туўрысында усындай деп айтатуғын адамлар ҳәр бир адамға жақын ер адам дослары болыўын қадаған етиўге ҳәрекет етеди. Тилекке қарсы, радикал феминстлик қанатлы қозғалыс адамлардың ер адамлар менен жақын дос болыўына көп тосқынлық қылыўға урынып атыр. Усы контексттеги ер адамларға деген көз қарастағы гомосексуаллық түсиник жүдә қайғылы. Себеби бундай пикирлеў ер адамның басқа ер адам менен досласыўға қорқыныш алып келеди ҳәм олар қоллап-қуўатлаў системасына жүдә мүтәж.
XXI әсирдиң көз қарасы менен Ийсаға баҳа бериўге талпынбаң. Ол мениң мәдениятымда жасамады. Ол сизиң мәдениятыңызда жасамады. Ийсаны феминистлик көз қарас пенен баҳалаўға тырыспаң. Ийса олардың надурыс көз қараслары себепли қамаққа түспейди. Сиз гейлерге уқсап кететуғын мүнәсибетлерди гей қатнасы деп шешим қабыллаўға асықпаң. Сиз қәтелесип атырған болыўыңыз мүмкин. Сизиң сондай түсингиңиз жүдә сайыз болыўы да мүмкин. Өзиңизди уятлы жағдайға түсиўиңизден сақлаң.
5-сораў:
Адамның гей, яғный гомосексуал болыўына не себеп болады?
Илтимас дыққат пенен тыңлаң.
- Гей қозғалысы гомосексуаллық генетикалық ямаса шаңарақ тарийхы себепли болады деп айтыўға асығады. Яқшы, усы ҳаққында азғантай ой жуўыртайық. Көпшилигимиз әўладтан-әўладқа өтип киятырған арақхорлық машқаласы менен киятырған шаңарақларды билемиз. Мәс ҳалында машина айдап қолға түскен ямаса мәс ҳалында ҳаялын урып қамаққа алынған бир адамның әўладтан-әўладқа арақхорлық пенен гүресип киятырғанын көз алдымызға келтирейик. Ол адам судяның алдына келгенде, арақхорлық генетикасында болғанлығы себепли ямаса шаңарағынан өтип киятырғанын айтып, айыпсыз есаплаўын илтимас қылады. Сонда не, усы себепли ол азатлыққа шығарыла ма? Яқ, ондай болмайды.
Судя сол жигитке шаңарағынан киятырған арақхорлық пенен емлениў арқалы ямаса консультация ямаса басқа жоллар арқалы қарсы гүресиўине болатуғынын айтқан болар еди. Достым, сен айыплысаң.
Егерде арақхорлық, ашыўшақлық ямаса жаўызлық ямаса ашкөзлик ямаса гомосексуаллық генетика ямаса әўладтан өтип киятырған болса, сондай ислердиң мораллық қәте екенин өширип тасламайды. Инсанның көз қарасында өмир әдалатлы емес. Базы адамлардың үлкенирек гүнаға қарсы гүреси болғанлықтан басқалардан гөре көбирек гүресиўине туўры келеди. Базы адамлар әўладтан киятырған сол ямаса басқа гүнаға қарсы гүресиўи мүмкин.
Бирақ оларға ҳәр бир қәдеминде сол гүресте жәрдем бериў ушын Қудайдың ресурслары сол жерде болады.
- Көп адамлар ертеректе, ер жетпей атырып өз жынысындағы адам тәрепинен жынысый зорланғанын ҳәм сол жарақат гомосексуал өмир тәризине алып келгенин айтып береди.
- Бир жыныслық ата-ана менен байланыс болмағанлықтан ямаса жақсы ата-аналық үлгиниң болмаўы.
- Радикал феминизм менен гомосексуаллықтың арасында күшли байланыс бар ма? Базы аналар ер адам сыяқлы ис тутыўға ҳәрекет етеди ҳәм базы әкелер үңгирден шыққандай ҳаял адам сыяқлы ис тутыўға урынады. Ал олардың балалары жынысыйлық бағдарды жойтып, өмир сүреди, кейин болса олар болыў керек болған жынысый жолынан адасады.
6-Сораў:
Гомосексуалларға бизлердиң көз қарасымыз қандай болыўы тийис?
Мен Ийса менен бирге қәдем басып баслағанымда, мени масийхыйлар лагерине бир неше ҳәптеге мирәт етти. Бул сондай атлығыў ҳәм өмиримди өзгертетуғын пайытлар болды. Сол ўақытлар мени өзим ҳеш қашан таслап кетпейтуғын жолға қарай жетеледи. Және де, мен ушын Масийх пенен бирге өткерген бал айы болды ҳәм бул өмиримдеги ең шадлыққа толы ўақыт болды. Лагерде мени 7 бала менен бирге бир бөлмеде, яғный бир қос ишинде болыўымызды белгиледи. Ҳәмме исениўшилер еди. Көпшилиги жақында тәўбе қылған исениўшилер.
Бөлмемиздеги бир баланың Масийхқа келмесинен алдын гей болғанын билип қалдық. Пуф, бизлер бирден, пүтиллей, толығы менен оннан бас тартып, итибарымыздан шетке шығарып тасладық. Асханада аўқатланғанымызда, отырған столымызда ол ушын орын қалдырмайтуғын едик. Дем алыс, яғный 6-7 күнлери сурфиң, яғный суў скейтин ушыўға, экскурсияға, бейсбол ойынына барғанымызда, оны арамызға қоспайтуғын едик.
Бизлердиң хабарымыз «Қудайдың шаңарағына хош келипсиз», деген сөз еди. Бирақ бизлердиң оған деген көз қарасымыз: «сен буған кирмейсең. Егер бизлердиң арамызда сен көринсең, адамлар бизлер ҳаққында не деп ойлап қалады? Сен өз масийхыйлық өмириңди сүребер. Аспанда көрисермиз. Хош саў бол!» – деген пикир болатуғын еди. Гей адамларға ямаса гей болған адамларға бизлердиң қатнасымыз қандай болыўы тийис? Әлбетте, бизлер лагердеги қылған қатнасымыздай болмаўы керек.
Сиз қандай айрықша қәдем басыўыңыз керек болады?
- Гомосексуалларға көпир қур.
«Сиз әлле қашаннан берли ашкөзлик пенен аўқат жейсиз, ашкөз адамлар менен саўда қыласыз, жалқаўлар менен бирге дем аласыз – гейлер жәмийети менен өз өмириңизди бөлисиўге ондай көп ҳәрекет талап етилмейди». Көплеген гей адамлардың аўыр қайғылы өтмишлери бар, олар көплеген жүз бурыўларды ҳәм жарақатларды басынан кеширген.
Оларға есиклерди жабыўдың ҳеш қандай ҳәжети жоқ. Оларға шын, беккем ҳәм ғамхор масийхый дос керек.
- Өзиңиздиң менменлигиңизге қарсы турың. Гейлерди мазақ етиўди тоқтатың. Жүрегиңиздиң төринде сиз гей емеслигиңизге көп мақтанатуғын шығарсыз. Менменлик – бул гүна. Сиз гей емес шығарсыз, бирақ өмириңизде Қудай үстинде ислегиси келип атырған жүдә көп, тонна болып атырған басқа нәрселериңиз толып атыр.
Менменлик дийўалыңыздан төмен түсетуғын ўақтыңыз келди.
- Сүйиспеншилик пенен шынлықты сөйле.
Сиз гей адамға өмир тәризин мақуллап, жақсы мүнәсибетте болмақшысыз ба? Оларда гүна машқаласы бар. Масийх оның шешими. Оларға Масийх ҳаққында айтып бериң. Мине, усындай жол менен көп гейлер Масийхқа тәўбеге келип атыр. Гүнакарларды жақсы көр, бирақ гүнадан жеркенип жаса.
- Гейлерди тәўбеге шақырғанда, олардың оннан бас тартып, сабырсызлығы, ямаса келте пәмлиги ямаса басқа нәрселер себепли критикаға түсиўиңизге таяр болың.
Ийса сыяқлы дуўа етип, әсте ақырынлық, батырлық ҳәм аяўсыз түрде жуўап қайтарың. Бурын масийхый өмиримде, мен Мухаддес Китап исениўшилерине, Мухаддес Китап ўаз етиўши жәмәәтке барып баслаған едим. Бир күни бир ақсақалдың баласы маған: «Жәмәәттиң есигинен гейлерден басқа адамлар кирип келсе, мен ҳеш қандай қәўетерге түспеймен», – деген еди. Ол буған улыўма шыдам бере алмайтуғын еди.
Ақсақалдың баласы.
Ол бундай түсинигин қаяқтан алған? Солай етип, бизлер жәмәәт есигине тексеретуғын экран қойып, сондай адамлардың жәмәәт ишине кириўине жол қоймаўымыз керек пе? Гомосексуаллар үстинде жумыс ислеген бир масийхый былай жазған еди: «Егерде сиз гомосексуал адам менен бирге турғаныңызды басқа биреўлер көриўинен қорқсаңыз ямаса олардың қылықларын жек көрсеңиз, усындай себеплер менен оларға жанашырлық қыла алмасаңыз, онда сиз Жаратқан Ийеден бас тартып атырған боласыз».
Сизде менменлик, қорқыў, тәккабирлик айыплары бар ҳәм сиз басқалардың сүрнигиўине жол қойып атырсыз.
1Коринфлилер 6:9-10
Коринфтеги усы жәмәәт шатастырып жибергени жүдә қызық. 16-бапта жазылғанындай олар ҳеш нәрсени айтарлықтай дурыс ислемеген. Бирақ усы жерде олардың дурыс ислеген бир исин айтады. Олар гомосексуалларды басқалар қатары бирдей гүнакар деп есаплаған, яғный айырмаған.
Павел өтмиши сондай болған адамларды олар қабыллаўы кереклигин айтып отырыўы шәрт емес еди. Олар буны өзлери орынлады ҳәм өзлериңиз билетуғыныңыздай Ийса олардың барлығы менен де дос болатуғын еди.
1Коринфлилер 6:11
«Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди».
Өтмиште сизлер сондай жолда жүрген едиңлер. Бирақ ендигиден былай сизлер сондай жолдан жүрмейсизлер. Сизлер Ийсаға Қутқарыўшым деп исендиңиз. Өмириңизде гүнаға қарсы гүрестиңиз ҳәм енди Қутқарыўшы менен бирге қол усласып киятырсыз. Бул ҳәр бир жәмәәттиң мақсети болыўы тийис – ҳәр түрли адамлардың, соның менен бирге, өтмиши гомосексуал болған адамлардың да жәмәәт ишинде орны болыўы керек ҳәм олар Масийх Ийсаға исенип, Оны Қутқарыўшысы етип қабыллап өмир сүриўди үйрениўи тийис.
Сондай-ақ, оларды Қудайдың шаңарағына шын-жүректен қабыллаў керек. Бул жәмәәтиңиз ушын Қудайдың еркиниң бир бөлеги. Усы қәдемлерди басыўға таярсыз ба?