Мухаббат қосығы
Қудайға романтикалық қарым-қатнасықлар унамайды деп ойлайтуғынларға Мухаддес Жазыў анық ҳәм күшли жуўап береди.
Қосықлар қосығы китабы барлық әсирлер даўамында еркек пенен ҳаял арасындағы қарым-қатнасықта Қудайдың нийетиниң беккем гүўалығы болып қалады. Бул бизлердиң майда мухаббатымыз ушын айыплаў ҳәм некедеги кеўилсиз қарым-қатнасықларымызға турақлы шақырық. Ол ағыс бойынша жүзип атырған ҳәм бос қарым-қатнасықлар менен жасап атырған ерли-зайыплыларды Жаратыўшы тәрепинен дүзилген некеге қайтыўға шақырады: Кишкенесине разы болмаң, қуўанышқа умтылың. Бул китап улыўма «қолланба» ҳәм «сабақлық» емес, солай болса да оның поэзиясы бизлерде бар болған: ашықлық, аўызеки позитив қарым-қатнасық, юмор, дем алыў ўақты (ушырасыўлар) ҳәм қыйыншылықларды биргеликте жеңиў сыяқлы мүмкиншиликлерден пайдаланып ерли-зайыплылық бахытты қалай табыўға болатуғынын көрсетеди.
Бизлер муҳаббатқа жүдә үлкен әҳмийет бердик деп ойлаған едик, ал негизинде бизлер оны керекли дәрежеде баҳаламадық. Бизлер қосықларымызды ышқыпазлыққа тойынған деп ойлаған едик, ал ол болса жетпеген екен. Бизлердиң пал айымыз тек еки ҳәптеге ғана созылады, ал Қудай оның бир жылға созылыўы керек екенин айтады: «Егер ким де ким жақында үйленген болса, урысқа бармасын ҳәм үйленген адамға ҳеш нәрсени жүклеўге болмайды. Ол өз үйинде бир жыл даўамында еркин қалып, өз ҳаялының кеўлин көтерсин». Әййемде, Қосықлар қосығынан уялған адамлар оннан ийислер ҳәм қол тийгизиўлер туўралы сөзлерди алып таслаған. Үшинши әсирдиң ортасында урысларда оқ дәрилерден шыққан түтин тарқалып жоқ болып кеткен болса да, Қосықлар қосығы бәри бир Мухаддес Жазыўларда қалды. Бул Қудайдың илҳамландырыўының аянышлы дәлили емес. Кирилл Александрийский (376-444 жыллар) Суламитаның еки көкирегин Ески ҳәм Жаңа Келисим қылды. Жәмәәт аталары бул Қосықлар қосығы Масийх ҳаққында сөз ететуғынын айтқанда ҳақ еди, бирақ күйеў менен ҳаялының эротикалық муҳаббаты арқалы Масийх ҳаққында сөз етеди. («Бул сыр уллы» – Ефеслилерге 5:32)
Бизлердиң айырымларымыз ушын Қосықлар қосығы тек пайдалы болып қалмай, ал принципиаль түрде әҳмийетли де. Ол қанша қәлесеңиз, сонша күшли сүйиўге рухсат етеди. Ол Қудай бизлерге романтикалық қарым-қатнасықлардты берип, жеңиллик береди, бирақ Ол сол ўақыттың өзинде Өз исине қарсы шығады деген түсиникти бузады.
Ол әўладты сақлап қалыўдың тек прозалық мақсети ушын биологиялық тәсирлениў сыпатындағы сүйип қалыў түсинигин жоққа шығарады. Егер сизиң некеңиз мухаббаттан шадланыўдан зеригерли бирге жасаўға өткен болса, Қудай буны қәлеген жоқ. Романтикалық қарым-қатнасық –бул өшип қалатуғын жалын, ал дослық қарым-қарым-қатнасықлар жубаныш болып хызмет етеди деўши фаталистлерди өзиңизден қуўып жибериң. Жүзик кийилгеннен соң, өзиңизди тута алмай қалыў – бул нормал ҳал, деп инсенетуғынларды өзиңизден аўлақ тутың. Бундай кеңеслер аспан тәрепинен берилмейди. «Мол қуўаныш бардур Сениң дәргайыңда» (Забур 15:11).
Суламита ескертип былай дейди:
Ерусалим қызлары, сизлерге жалбарынаман:
Муҳаббаттың өзи оянбағанша,
Ышқыны оятпаң ҳәм қозғамаң.
(2:7, 3:5, 5:8, 8:4).
Ол қыздың өзи де бул еркекти қатты жақсы көреди ҳәм ҳәммесин өз қолларына алып, ўақтынан бурын мухаббатты зорлық пенен жүклеп, оның дослары баҳалы тәжирийбени жоғалтқанын қәлемейди (муҳаббаттың эмоциональлық тәрепине итибар қаратың – 3:1-5, 5:2-8).
«Ерусалим қызлары» – бул бизлердиң тәрепимизди алатуғын қоллап-қуўатлаўшы топар. Бул муҳаббат объектив бақлаўшылар тәрепинен мақулланған ҳәм ол басқалардан қупыя тутып, жасырыў керек болған қандай да бир мәниссиз ушырасыўлар болып есапланбайды.
Өз некеңизге ғамхорлық көрсетиң, ҳәттеки буны ислеў жүдә кеш деп ойласаңыз да. Қол тийгизиў, нәзер таслаў, сөз, күтилмегенде қушақлаў кәраматлы түрде шыпалаўы мүмкин. Және де, муҳаббат үстинде жумыс ислеў де пүткиллей нормал жағдай. К. С. Льюс жабайы шөплерди жулып таслаў зәрүрлиги себепли бағдың гөззаллығы кем емес, яғный оған ғамхорлық көрсетиў керек, («Төрт муҳаббат») деп еслетеди.
Бизге түлкилерди,
Жүзимзарларды ўайран етип атырған,
Түлкишеклерди услап бериң.
Ал түлкишеклер дегени кимлер олар бизлердиң итибарсызлығымыз, ериншеклигимиз, қарама-қарсылығымыз, тасбаўырлығымыз ҳәм ҳәммесин жуўмақлап айтқанда, исенбеўшилигимиз емес пе?
Муҳаббатқа исениң, себеби ол Қудайдан. Дүнья жүзиндеги ҳәмме нәрсе ол тәрепте жыйналады.
Дүнья жаратылғаннан бери көп қосықлар жазылған, бирақ бул – Қосықлар қосығы. Ески еврей тилинде бул фразаның конструкциясы жоқары дәрежени көрсетеди. Маған айтың, муҳаббаттан жоқары не болыўы мүмкин? Сиз нени усыныс етсеңиз де, Ерусалим қызлары ҳәммесинен жек көриўшилик пенен ўаз кешип, былай дейди:
Сақла мени жүрегиңде мөрдей,
Қолыңда мөр жүзигиндей қылып.
Өйткени муҳаббат өлимдей күшли,
Қызғанышы өлилер мәканындай жаўыз.
Ышқының оты отлы жалындай жанар,
Лаўлап жанған жалын киби.
Суўлар да муҳаббатты өшире алмас,
Дәрьялар да оны ағызып кете алмас.
Егер адам муҳаббат ушын бары-жоғын берсе де,
Ол жек көринши болып, мазақ қылынар еди (8:6-7).