Некени қалай беккемлеў керек?
Неке беккем болыўы ушын биз не қылыўымыз керек?
- Исениўши адамға үйлениўимиз/турмысқа шығыўымыз керек.
Нызамды қайталаў 7:3-4 Олар менен қуда-тамыр болып, өз қызларыңызды олардың улларына турмысқа бермеңлер ҳәм олардың қызларын улларыңызға алып бермеңлер. Себеби олар ул-қызларыңызды Жаратқан Ийеден жүз бурдырады ҳәм ул-қызларыңыз басқа қудайларға хызмет ететуғын болады. Сонда Жаратқан Ийе сизлерге ғәзепленип, сизлерди сол ўақыттың өзинде жоқ қылып жибереди.
Патшалық туўралы 3-китап 11:1-6 Сулайман фараонның қызынан басқа моаб, аммон, эдом, хетт халықларынан ҳәм сидонлылардан болған шет елли ҳаялларды сүйди. Жаратқан Ийе Израил халқына усы халықлар туўралы: «Сизлердиң жүрегиңизди өзлериниң қудайларына аўдырмаўы ушын, олардан қыз алып, қыз бериспеўиңиз керек», – деген еди. Деген менен, Сулайман бул ҳаялларға сүйиспеншилик пенен байланды. Сулайманның патша қызларынан болған жети жүз ҳаялы ҳәм үш жүз тоқалы бар еди. Ҳаяллары Сулайманды жолдан шығарды. Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған Даўытқа уқсамады. Ол сидонлылардың ҳаял қудайы Аштартаға ҳәм аммонлардың жеркенишли буты Милкомға ере баслады. Солай етип, Сулайман Жаратқан Ийениң нәзеринде жаўыз болған ислерди иследи. Ол әкеси Даўытқа уқсамады ҳәм өзин Жаратқан Ийеге толық бағышламады.
Эзра 10:2 Сонда Элам урпағынан Ехиел улы Шекания Эзраға былай деди: «Бизлер басқа миллет қызларына үйленип, Қудайымыздың алдында опасызлық еттик. Деген менен, израиллылар ушын еле үмит бар.
Нехемия 10:30 Әтирапымыздағы халықлар менен қыз алып, қыз бериспеймиз.
Нехемия 13:23-27 Және мен сол күнлери ашдодлы аммон ҳәм моаблы ҳаялларға үйленген яҳудийлердиң бар екенин билдим. Ҳәтте, олардың балаларының ярымы ашдодлылар сөйлейтуғын тилде ямаса басқа халқылардың тилинде сөйлеп, яҳудий тилин билмейди екен. Соның ушын мен оларға кейип, нәлет айттым. Айырым еркеклерди урып, шашларын жулдым. Оларға Қудайдың аты менен былай ескерттим: «Қызларыңызды өзге миллет адамларына турмысқа бермеңлер, өзлериңиз де, улларыңыз да олардың қызларына үйленбеңлер. Израил патшасы Сулайман да усындай ҳаяллар себепли гүнаға батқан жоқ па еди? Көплеген халықларда оған уқсаған патша жоқ еди. Ол өз Қудайының сүйиклиси болғанлықтан, Қудай оны пүткил Израил үстинен патша етип қойған еди. Сондай болса да, өзге миллетлерден алған ҳаяллары оны да гүнаға баслады. Өзге миллет қызларына үйленип, Қудайымызға опасызлық еттиңиз. Ислеген бул уллы жаўызлығыңызды көрмесликке алыўымыз керек пе?»
Малахия 2:11 Яҳуда халқы опасызлық қылды. Олар Израилда ҳәм Ерусалимде жеркенишли ислер иследи. Яҳуда басқа қудайларға табынатуғын қызларға үйленип, Жаратқан Ийениң сүйген мухаддес Ибадатханасын ҳарамлады.
Коринфлилерге 2-хат 6:14 Исенбейтуғынлар менен бирге бир мойынтырықтың астына кирмеңлер. Өйткени ҳақлық пенен нызамсызлықтың арасында қандай уқсаслық бар? Нур менен қараңғылықтың арасында қандай байланыс бар?
Коринфлилерге 1-хат 7:39 Ҳаял күйеўи тири ўақтында басы байлаўлы болады. Күйеўи өлсе, ҳаял қәлеген адамына турмысқа шығыўға ерки бар. Тек ол адам Ийемизге тийисли болсын.
Мухаддес Жазыў не айтатуғыны сизге түсиникли ме? Исениўши тек исениўшиге үйлениўи/турмысқа шығыўы шәрт. Қулақ салмаў қымбатқа түседи.
Усы анық жол-жорықларға қарамастан, исениўшилердиң қарсы шығатуғыны қатты таң қалдырады. Ең көп тарқаған қарсылықлар мынадай:
Қарсылық: бирақ мен усы қутқарылмаған адамды жақсы көремен.
Жуўап: 1) Егер Қудай сизиң үйлениўиңизди/турмысқа шығыўыңызды қәлемесе, сиз не ушын қандай да бир адамға сезим арқалы үйренип қалыўға жол қойдыңыз? 2) Сиз Қудайды көбирек жақсы көресиз бе? Егер аўа болса, Оны тыңлаң.
Қарсылық: мен үйлене алатуғын/турмысқа шыға алатуғын исениўшилер жоқ.
Жуўап: Бул аятларды қайтадан оқып шығың. Басқа жол көрсетилмеген. Егер Ийса Масих сизиң Ийеңиз болса, сиз өз пайдаңыз ушын, Оны тыңлайсыз. Ҳеш кимге неке кепилленбеген. Ал жалғызлық бәрқулла Қудай тәрепинен тәсирли түрде қолланылып келген.
Қарсылық: бирақ егер мен усы адамға үйленсем/турмысқа шықсам, ол исениўши болыўы мүмкин.
Жуўап: Сол аятларды қайтадан оқың. Бундай басқа жол көрсетилмейди.
Қарсылық: мениң бир достым исенбейтуғын адамға үйленди/турмысқа шықты ҳәм оның жубайы қутқарылды.
Жуўап: Бул усындай бойсынбаўшылық гүна болмады дегенди аңлатпайды. Қудай ойлап ой жетпес түрде ислейди. Ҳеш ким ҳеш қашан өзиң ушын өлип, Масихқа ериў аңсат болады, демеген.
Қулақ салыў биринши орында турады.
- Некениң мақсетин умытпаў.
Қудай бир-бирине садық ҳәм бир-бирин сүйиўши ерли-зайыплылар ушын дөреткен аўқамның тийкарғы гербиши неке болып табылатуғынын түсинемиз. Бул аўқамда балалар Масихқа ериў ушын тәрбияланады.
Бирақ буның тийкарында оннан да көбирек нәрсе бар.
Ефеслилерге 5:27
Буны Ол үстинде ҳеш бир дақ, жыйрық ямаса буған уқсаған бир нәрсеси жоқ, мухаддес ҳәм минсиз болған салтанатлы жәмәәтти Өзине алыў ушын иследи. Сол сыяқлы, күйеўлер де ҳаялларын өз денесин сүйгендей сүйиўи шәрт. Өз ҳаялын сүйген өзин сүйген болады.
Масих Өз жәмәәтиниң мухаддеслигин қайғырғаны сыяқлы, күйеў де өз ҳаялының мухаддеслигин, пәклигин ҳәм ҳақлығын қайғырыўы тийис. Масихый некеде ерли-зайыплылар бөлекленип қалмаўы керек. Олар тек бир-биреўине де қарап жасамаўы керек. Егер некеде Ийса Масих ҳақыйқый Ийе болса, онда Оған уқсаўға деген умтылыс Оның түрине уқсап барыў бағдарында үзликсиз, тәжирийбе қәдемлерине алып келеди.
Ефеслилерге 5:32 ни оқың Бул сыр уллы. Мен буны Масихқа ҳәм исениўшилер жәмәәтине байланыслы айтып атырман.
Бул аятты контекст ишинде оқың ҳәм оның анық күйеўлерге арналған көп аятлардың дәрҳал изинен келетуғынына итибар қаратың.
Бул қалай болыўы мүмкин? Буның мәниси «Усы жер бетинде Масих пенен жәмәәттиң мухаддес қарым-қатнасы күйеўи ҳәм ҳаялы аўқамында сәўлеленеди. Жубайына уллы бахыт, адамзатқа жарылқаў ҳәм Қудайға алғыс әкелиў мақсетинде усы аўқамның (Масих-жәмәәт) күши менен екинши аўқам (күйеўи – ҳаялы) еле де тәсирлирек ислеўи керек болады.
Биз бул жерде айтылғанды анық түсинемиз бе? Неке – бул Қудайдың жәмәәтке деген сүйиспеншилигин ҳәм бизиң Оның менен мәңгилик қатнасымызды көрсетиўши нышан, гүнакар планета ушын үлги! Сизиң некеңиз ушын Қудайдың мақсети сиз көз алдыңызға келтиргеннен де анық жоқары. Ол сизиң әпиўайы бахтыңыз, сизиң рәҳәтиңиз, сизиң комфортыңыздан да жоқары.
Ҳәр бир масихый неке Масихтың сүйиспеншилиги, Оның Өз жәмәәтине ғамхорлығы ҳәм мийримлилиги қандай екенин көрсете алады. Бул мақсет жүдә уллы ҳәм руўхландырыўшы!
- Күйеў: өзиниң «миннетли ўазыйпасын» билиўи керек. Ефеслилерге 5:23
Күйеўи де ҳаялының басы.
Ҳәр бир елде бир жетекши болғаны сыяқлы, ҳәр бир компанияда бир президент, ҳәр бир машинада бир руль болғанындай, некеде де бир жетекши болыўы тийис. Бир жетекши. Некеде Қудай күйеўге усы бир жетекши болыўды белгиледи.
Қандай жетекши болыўды?
Бир тәрептен қарағанда, өз ҳаялларын өзлерине бойсыныўды мәжбүрлеў керек деп ойлайтуғын ер адамлар бар. Бирақ көрсетилген аятта да, Мухаддес Китаптың басқа аятларында да бундай деп айтылмаған.
Басқа тәрептен қарағанда, Адамға еликлеў бар. Адамның биринши гүнасы қандай еди?
Жаратылыс 3:6 Ҳаял теректиң мийўесиниң жеўге жақсы ҳәм көзге ысық екенин көрип, оннан билим алыўға билгенликтен, ҳәўеси келди. Сонлықтан ол мийўени үзип алып жеди ҳәм жанындағы күйеўине де берди. Күйеўи де жеди.
Жылан өзин азғырғанда, Адам не қылған еди? Ҳеш нәрсе. Улыўма ҳеш нәрсе. Ол пассив. Адамның пассивлигине еликлеў мәртебе емес.
Олай болса, күйеў қандай жетекши болыўы керек?
Ефеслилерге 5:25 Ҳәй күйеўлер, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
Күйеўлерди өз ҳаялларын сүйиўге шақырып қойыпты. Олар өз ҳаялларын қандай дәрежеге дейин сүйиўи тийис? Бул аятты толығы менен оқың:
Ефеслилерге 5:25 Ҳәй күйеўлер, Масих исениўшилер жәмәәтин сүйип, оның ушын Өзин қурбан еткени сыяқлы, сизлер де ҳаялларыңызды сүйиңлер.
Солай етип, күйеўи өз ҳаялын қалай жақсы көриўи керек? Ол ушын өлиўге таяр болыў дәрежесине дейин.
Күйеўдиң бийлиги жумсақ, нәзик, ғамхор. Бул сиз ушын жағдай жаратып беретуғын бийлик. Бул қорғайтуғын, ғамхор, мүтәжликлерди қанаатландыратуғын, күш ҳәм даналық пенен қорғап сақлайтуғынның бийлиги.
Өз ҳаялларына тийисли қатнаста болмаған күйеўлер менен не болады?
Петрдиң 1-хаты 3:7 Ҳәй күйеўлер, сол сыяқлы сизлер де ҳаялларыңызды жақсы түсинип жасаңлар. Олардың нәзик екенин ҳәм мәңгилик өмирди сизлер менен бирге мийрас етип алатуғынын билип, оларды ҳүрмет етиңлер. Солай етсеңиз, дуўа еткениңизде тосқынлық болмайды.
Ер адамлар, сизлер түсинесизлер ме? Ҳаялларыңыз бенен надурыс қатнасыңыз дуўа еткениңизде тосқынлық қылады. Ҳеш бир ақыллы адам буны қәлемейди.
- Ҳаял: өзиниң «миннетли ўазыйпасын» билиўи тийис.
Ефеслилерге 5:22
Ҳәй ҳаяллар, Ийемизге бойсынатуғыныңыз сыяқлы, күйеўлериңизге де бойсыныңлар!
Бойсыныңлар. Мухаддес Китап ҳаялларды пәс санап, олардың күйеўлерине бойсыныў кереклигин айтқан. Асықпаң. Тек ҳаялға бойсыныў кереклиги айтылмаған. Коринфлилерге 1-хат 16:16: ҳәммени ҳүрмет етиң. Петрдиң 1-хаты 2:3: нызмларға бойсының. Петрдиң 1-хаты 5:5: жасы үлкенлерге бойсының. Яқып 4:7: Қудайға бойсының.
Бойсыныў нәтийжесинде «қарым-қатнас ақыллы болады».
Ҳаял күйеўине бойсынғаны себепли, хожалық дүзилиске ийе болады. Ал егер күйеў өз ҳаялына диктатор ҳәм пассив болмай, ал ол ушын өлиўге таяр болса, бойсыныў жүдә жағымлы түске енеди.
Биз ҳаяллар асханада болыўға сазыўар деп санамаўымыз ушын, Сулайманның ҳикметлери 31-бапты дыққат пенен оқып шығың. Мухаддес Китапқа сай, ҳаялдың искерлиги қаншелли кең.
- Некениң сақлап қалыў үстинде ислеў. Не ушын? «Некедеги ең қыйын нәрсе – оның еки адамнан қуралыўы». Өз өмирлерин бир-бирине бағышлайтуғын еки гүнакар биригеди. Бирақ олар ҳәр түрли хожалықлардан шыққан болып, олардың тәрбиясы, тәжирийбеси, әдетлери ҳәр қыйлы.
Сонлықтан егер: «Мен сениң менен бирге өзим қәлеген нәрсени берип турсаң ғана қаламан, ал егер сен буны ислемесең, мен дәрриў кетип қаламан», деген қатнас болса, онда неке узаққа созылады деп күтпей-ақ қойың. Эгоизм некениң ең күшли душпаны екени аттан анық.
Мухаддес Китапта айтылғанындай, неке – бул еки жубай ушын ҳәр күни өзлери ушын өлиўди үйрениў, басқаның талабын қанаатландырыўға тырысыў, басқаға дыққатын жәмлеў ушын әжайып мүмкиншилик болып табылады.
Айырым адамлар неке ҳәмме машқалаларды дәрҳал шешпейди деп ҳайран қалады. Негизинде, ол шешилмеген базы машқалаларды жарыққа шығарыўы мүмкин. «Бүгин жеккеликке, ҳуқыққа, еркинликке, абырайға итибар берилмекте. Бул барлық жеке идеялар бахытлы некени ҳәм хожалық қатнасықларын толық өлтиреди».
«Гуманислер беретуғын ҳуқықларды алып, жеке еркинлик ҳуқықына ерисип, биз мәниске толы қатнасты жойттық».
Қудайдың жобасы менен болған некеде сиз өзиңизди бәрқулла өз жубайыңызға толығы менен бағышлайсыз. Бул сөзсиз денедеги өмирден пүткиллей парық қылады. Бул ушын күш салыў керек болады.
(Неке ушын ең жақсы таярлық – бул Ийемизде өсип барыў, некеге өтип кетпеўи ушын, өз өмиримиздеги машқалаларды шешиў болып табылатуғынын сиз түсинесиз бе?).
- Биргеликте Мухаддес Китапты үзликсиз оқыў ҳәм бирге дуўа етиў.
Не ушын? Күйеўи ҳәм ҳаялы – бул бир комнада. Олардың Ийеси биреў. Егер олар өз командасын беккемлеўди ҳәм биргеликте алға қарай илгерилеўди қәлесе, оқыў ҳәм дуўа етиў оларға бирге өсиўге, бирге жобалар дүзиўге ҳәм бирге машқалаларды шешиўге жәрдем береди.
Егер сиз ҳәр түрли турмыс машқалаларын өзиңиз жеңип өтсеңиз, сиз буны ислей аласыз ҳәм бул сизиң қолыңыздан келиўи мүмкин. Бирақ некеде сизге «өз әрманларыңызды, тилеклериңизди, мақсетлериңизди, исенимиңизди, талапларыңызды ҳәм әдетлериңизди зайыбыңыздың әрманлары, тилеклери, мақсетлери, исеними, талаплары ҳәм әдетлери менен муўапықластырыў зәрүр болады». Бул ушын жумсалатуғын күш стресс әкелиўи мүмкин. Зайыбыңыз бенен бирге дуўа етип, Мухаддес Китапты оқығаныңызда, сиз Қудай ҳәм ақыбетинде бир-бириңиз бенен биригесиз.
Усы еки руўхый принциплерди орынлаў жақсы некеге кепиллик бере алмайды. Бирақ көп санлы жубайлар буның олардың аўқамын беккемлеўге жәрдем ететуғыны туўралы гүўалық береди. Бул олар өзлериниң руўхый өмирине байланыслы сырлы нәрселер туўралы бир-бири менен бөлискени ҳәм биргеликте ерли-зайыплылар сыпатында өсип атырғаны себепли болады.
Аўа, гейде ўақытты бирге жобаластырық қыйын болады. Бирақ сиз буны қаншелли жийи-жийи ислесеңиз, соншелли көп пайда келеди.
«Адамлар нәзерден қашыратуғын некениң күшли сырларының бири – бул биргеликте дуўа етиў ҳәм Қудайдың сөзин Оның алдында бирге оқыў болып табылады. Руўхый жақынлық – бул некениң ең әжайып аспектлериниң бири. Биргеликте дуўа етиў ҳәм Мухаддес Китапты оқыў оның раўажланыўына жәрдем етеди».
- Бир-биреўди кешириў.
Келеси нәрсе үстинде ойланып көриң: егер сиз қутқарылған адам менен некеде турған болсаңыз, бул сизге шексиз кешириў мүмкиншилигин береди. Сиз буннан пайдаланыўыңыз тийис. Бул толық зәрүрлик болып табылады.
Есте сақлаңлар ҳәм орынлаңлар:
Ефеслилерге 4:26 Ғәзепленсеңиз де, гүна ислемеңлер. Қуяш батқанша, ғәзептен қайтыңлар.
Гейбир ерли-зайыплылар бул аятты ис жүзинде қолланып, ғәзеплениўге алып келген машқалалар шешилмегенше, кеште уйықлаўға жатыўдан ўаз кешеди. Гейде бул олардың аз уйықлайтуғынын, бирақ олар уйықлаўға жатқанда, қарым-қатнасындағы гармонияның тикленгенин аңлатады.
Егер биз кешириўден ўаз кешсек, наразылықтың көбейип барыўына жол қойсақ, қарым-қатнаста рак исиги асқынлай баслайды.
Ойлап көриңлер: кеширим масихый өмирдиң орайында турады. Ийса Масих бизиң гүналарымызды кеширеди. Сонлықтан күйеўи ҳәм ҳаялы өзлери ушын жетекши болғанның үлгисинен өрнек алыўы тийис.
«Адам кеширсе, Масихқа көбирек уқсайды».
- Сөзлердиң бийлиги қаншелли күшли екенин түсиниў. Ўаз 12:11 ди ядлап алың.
Даналардың сөзлери шопанның ушлы таяғына, жыйналған нақыл сөзлер беккем қағылған шегеге уқсайды. Бул сөзлер бир Шопан тәрепинен бериледи.
Ҳәр күнги мақсет: зайыбыңыз бенен қатнасты беккемлеў. Зайыбыңызға раўажланыў ушын жәрдем бериң. Оны қоллап-қуўатлаң. Оны мақтаң. Оған эмоционал қорғаў бериң, бул оған зәрүр.
Сулайманның Қосықлар қосығы китабын оқып, ондағы нәзик сөзлерди үлги етип алыўға тырысың. Сизиң аўызларыңыз Ийемизге хызмет етсин.
Бир ерли-зайыплы ҳәр күни биргеликте дуўа етип баслағанда, бир-бириниң жарылқаныўы ушын соранатуғынын айтқан еди. Олар буны бир-бирин беккемлеў ҳәм өзлерин жақсы көретуғынын сезиниў ушын ислейди.
Қарым-қатнас – сизиң некеңиздеги тийкарғы момент. Сөзлер көп мәниске ийе. Оларды даналық пенен қолланың.
- Неке ҳаққында аятты таңлап алыў. Бул аят Қудай сизиң некеңизде нелерди ислегенин қәлейтуғыныңызды сәўлелендириўи тийис. Сиз бул аятты сизиң аўқамыңыздың улыўма концепциясы деп есапласаңыз болады. Екеўиңизге де туўры келетуғын ҳәм Ийемиз ушын сизиң аўқамыңызда екеўиңиз де ерисиўди қәлейтуғын нәрсени көрсететуғын аятты таңлаўдан бурын, дуўа етип алың.
Қудай өзлерин Хош Хабар айтыўға шақырды деп санаған бир ерли-зайыплы Коринфлилерге 2-хат 12:15 ти таңлады.
Ал басқа ерли-зайыплы Филиплилерге 3:10 ды таңлады.
Бул аят сизди руўхландырады, қоллап-қуўатлайды ҳәм сизде мақсет пайда етеди деп үмит етемиз. Ол көзге тасланатуғын жерде болсын, оны сизиң аўқамыңыз ушын Қудайдың шақырығын еслетиўши сыпатында жийи-жийи қайталап турың.
- Жубайыңыздың муҳаббат тили қандай екенин билиў. «Муҳаббат тиллери» деген не? Бул сийрек гезлесетуғын усыллар болып, олардың жәрдеминде ҳәр бир адам муҳаббатты қабыл етип, оны танып биледи. Әдетте муҳаббаттың мынадай тиллерин атап айтады (олар қәлеген тәртипте болыўы мүмкин): саўғалар, ислер, қол тийгизиўлер, биргеликте ўақыт өткизиў, жигерлендириўши сөзлер. Ал басқалар биреў өзине қандай да бир жақсы саўға берсе, сол адам мени жақсы көреди деп есаплайды. Айырымларымыз болса, егер өзи ушын биреў бир нәрсе қылса, сол адам мени жақсы көреди деп санайды. Үшиншилер ушын муҳаббат қушақласыў, қол тийгизиў дегенди билдиреди. Ал төртиншилер биреў өзине жигерлендириўши сөзлер айтса, сол адам мени жақсы көреди деп санайды. Егер сизиң зайыбыңыз ушын «муҳаббат» қандай да бир әҳмийетли саўғаларды билдирсе, онда муҳаббат басқа тилде ол ушын көп нәрсени билдирмейди. Сергек болың. Өз жубайыңызға муҳаббатты ол қәдирлейтуғын формада көрсетиўге ҳәрекет етиң.
- Тез-тез балаларсыз ўақыт өткизиў. Бул нени аңлатады? Жубайыңыз бенен бирге екеўиңиз дем алыў.
Не ушын? Сизиң ерли-зайыплылық қатнасыңыз күшли болып қалыўы ушын. Күйеўи ҳәм ҳаялы хызметте соншелли бәнт болып, кем-кемнен бир-биринен узақласа баслайды. Екеўи бирге дем алса, қатнасы жаңаланады ҳәм жақын болып барады. Және де, жубайыңыз бенен ўақыт өткизиўге әҳмийет берип, буған күш салыўыңыз арқалы өз шәкиртлериңизге қандай үлги көрсетип атырғаныңызды да умытпаң.
«Некеси бузылмай, бирге жақсы жасап атырған ерли-зайыплылар әдетте қарым-қатнас жасап турады, олар екеўи де қызығатуғын ортақ бир нәрселерге ийе болып, болып атырғанларды биргеликте талқылайды». Бул биргеликте дем алыў себепли мүмкин болады.
Биргеликте дем алыў қымбатлы болыўы шәрт емес. Мысалы мынадай идеялар болыўы мүмкин: экскурсияға шығың ямаса пияда сейил етиң, қаланың өзиңиз бурын болмаған бир жерине барып қайтың. От қасында отырың, бирге қандай да бир аўқат таярлаң. Бирге бир ўақыяларды еске түсириң, фильм тамашалаң. Көп ақша талап етпейтуғын, бирақ есте қалыўшы бирге ўақыт өткизиў түрлери көп болыўы мүмкин.
Бир ҳаял былай деп жазған еди: «Мениң күйеўим 3х5 көлеминдеги карталар колодасын алып, бир ойын ойнайтуғынымызды айтты. Ҳәр бир картаға ол мынадай сораўларды жазды: Күйеўиңиз не нәрсени жүдә жақсы ислейди. Бирақ ол буны жақсы ислейтуғынын билмейди. Сениң жақсы көретуғын ҳәзилиң қандай? Балалықтағы қандай еске түсириўлерди сен ҳеш қашан умытпайсаң? Бизиң биреўимиз карточканы алып, сораўды оқыдық. Кейин екиншимиз жуўап бердик. Биз гезек пенен оқып, колоданың ақырына жетпегенше жуўап бере бердик. Бизлер күлистик. Бизлер әрман еттик. Биз өтмишти еске түсирдик».
Басқа ҳаял былай деп жазды: «Мен күйеўим менен бирге ўақытты былай өткизиўди жақсы көремен: бизлер күйеўимиз бенен бирге үйимиздиң төбесине одеялолар, радио ҳәм мазалы нәрселерди алып шығамыз. Ол жерде, жулдызлар ҳәм ай сәўлеси астында бизлер жайласып отырып алып, сөйлесемиз, радио тыңлаймыз. Бул романтика, биз оны егер ҳаўа райы жол қойса, қәлеген ўақытта ислей аламыз».
Кеңес: Биргеликте ўақыт өткизиў ушын мүмкин болған ҳәмме нәрсени ислең. Көп жубайлар буған ҳәр ҳәптеде бир кешти қояды.
Тәжирийбе ислең! Қандай да бир стандарт емес, күтилмеген нәрсени ислеп көриң.
Рәҳәтлениң! «Изертлеўлер биргеликте кеўил көтеретуғын жубайларда тереңирек ҳәм жақынырақ қатнас болатуғынын көрсетеди».
- Сиз өз некеңизди беккемлеў ушын бир нәрсе ойлап тапсаңыз қалай болады? Мүмкиншиликлер шексиз. Усы исти ислең!