Мен аўырық не екенин билемен. Мен туўылмаған баланы жойтыўдың аўрығын ҳәм сезимин бастан кеширдим. Жер бетиндеги ҳеш бир нәрсе ер адамды ямаса ҳаял адамды баланың өлиминен соң олар өтетуғын эмоциялық азапларға таярлай алмайды.
Екинши баламызға ҳәмиледар болғаныма жаңа тоғыз ай бола баслаған еди. Мен туўыўым керек болған ўақыттан еки ҳәпте бурын, келеси көриктен өтиў ушын, шыпакерге бармақшы болдым. Сол күннен баслап, өмирим ҳеш қашан бурынғыдай болмады. Бизиң қызымыздың жүреги урыўдан тоқтады ҳәм мен өли баланы туўыўға мәжбүр болдым. Жумсақ қылып айтқанда, мен қатты түскинликке түскен едим. Мен уйқылап атырман деп ойладым. Мен бәрқулла баламды үйге әкеле алмайтуғынымды билген сәтте оянып кетиўди қәлейтуғын едим. Күнлер ҳәм ҳәптелер өтти ҳәм мен бир неше айлар өткенин сезбей де қалдым. Мениң жүрегим бәрқулла аўрық ҳәм исенимсизлик ҳалатында болды. Мен Мухаддес Китаптағы Забур 34:17 де мынадай аятларды оқыдым: «Ийем, қашанға дейин қарап турасаң?» Және де, мына аят есиме түсти: Забур 34:22-23: Ҳəммесин көрдиң, Жаратқан Ийе, үнсиз қалма,
Ийем, меннен узақ болма!
Оян, тур, ҳуқықымды қорғап,
Мен ушын гүрес, Қудайым, Ийем!»
Өзимди дәрт қыйнап атырғанын Қудайға билдире отырып, усыларға уқсаған және де көплеген аятларды қайта-қайта тәкирарлап оқый бердим. Маған Қудайды алғыслаў кереклигин еслететуғын ямаса мени жигерлендиретуғын аятларды сол ўақытта тез-тез көзден өткизетуғын едим . Көплеген забурларды оқығанымда: «Аўа! Әйне мен де өзимди усындай сезип атырман», – деп ойлайтуғын едим. Қудайға өз сезимлеримди төгип, азапланып атырған жүрегим туўралы айтып берип, дуўа етип жүретуғын едим. Гейде маған үмит көринетуғын еди, айырым ўақытлары уйықлап кеткенше жылап жататуғын едим.
Бизлер күйеўимиз бенен және бир бала туўыўға урынып көриўди шештик. Биринши өли туўылған баладан соң, мен және үш баладан, ҳәммеси болып төрт баладан айырылдым. Расын айтайын, усы жыллардың көпшилик бөлегин мен еслей алмайман. Мен Мухаддес Китапты оқыйтуғын ҳәм дуўа ететуғын едим, бирақ жийи-жийи я қуўанышты, я бахытты сезбейтуғын едим. Әтирапымда адамлар болғанда, ҳәммеси жақсы болғандай болып, нықап кийип алатуғын едим. Бирақ жалғыз өзим қалғанда, Қудай алдында көз жас төгетуғын едим.
Бир күни мен сейил етип жүрдим ҳәм Қудайға дуўа еттим. Мен Оған жүрегимде болған нәрселерди төгип салдым. Оған не жүз берип атырғанын ҳәм не ушын болып атырғанын түсинбейтуғынымды, жеңилип атырғанымды ҳәм барлық машқалаларымды Оның аяғының астына алып келетуғынымды айтқаным есимде. Олардың ҳәммесин мен Оған қалдыраман. Машқалалар жақсы адамларда да жаман адамларда да, байларда да жарлыларда да, исениўшилерде де исенбейтуғын адамларда да болатуғынын өзиме еслетип қойдым. Айырмашылығы сонда, мен исениўши едим ҳәм мениң үмитим ҳәм исенимим Қудайда еди. Мени адамшылық түсинигине тийкарланған ойлар ҳәм эмоцияларым (сезимлерим) басқарыўға ҳәрекет етип атырған сол ҳақыйқатлықты мен түсиниўим керек еди. Қандай да бир себеп пенен сол күн мениң ой-пикирлеримдеги бурылыс пункти болды. Сол ўақытқа дейин, Қудай маған берген үмитти түсинбедим ямаса оны қабыл етиўди қәлемедим. Мен қайтадан Забур жырларын оқып баслағанымда, жүрегим Забур 33:19-21 ге қарай бурылды: Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур,
Руўхы езилгенлерди қутқарар.
Ҳақ адамның қайғылары көп болса,
Жаратқан Ийе булардан оны азат қылар,
Барлық сүйеклерин аман сақлар,
Сындырылмас оның бир сүйеги де.
Және де, мени Забур 35:6-8 өзине тартты:
Жаратқан Ийе, сүйиспеншилигиң көклерге,
Садықлығың бултларға жайылғандур.
Əдиллигиң уллы таўларға мегзер,
Əдалатың түпсиз теңизге уқсар.
Сен адамзатты да, ҳайўанды да қорғайсаң, Жаратқан Ийе!
Сүйиспеншилигиң қаншелли баҳалыдур, Қудай!
Қанатларыңның саясында пана табар адамлар.
Басқа және көп аятлар болды, бирақ мен жүрегим ҳәм ақылым мени үмит, сүйиспеншилик ҳаққында ҳәм бизлер түскен жағдайлардан Қудай жоқары туратуғыны ҳәм қандай қылып Өзин көрсететуғыны ҳаққында айтатуғын аятларға бурылғанын байқадым.
Кейин мен және ҳәмиледар болғанымды билдим. Бул мениң алтыншы рет ҳәмиледар болыўым еди. Мен төрт баладан айырылдым, олар я өли туўылды, я мен түсик түсирдим. Мен дизерлеп отырып дуўа етип: «Ийем, енди кереги жоқ», – дедим. Мен және бир баламнан айырылғым келмеди. Мен және бир мәртебе айралық сезимин басымнан өткизе аламан ба билмейтуғын едим. Мен ҳәмме ўақытта забур жырларын оқыўды даўам еттим ҳәм өзиме Забур 36:5теги «Өмир жолыңды Жаратқан Ийеге тапсыр, Оған исен, сонда Ол сен ушын ҳəрекет етер», деген сөзлерди еслетип, Қудайыма ҳәм Қутқарыўшыма жүрегимдегилерди төгип салыўды даўам еттим.
Расын айтсам, Қудайға толық исенбеген ўақытларым да болды, бирақ нәтийжелерге қарамастан, ҳәр қашанғыдан да көбирек, Оны өз жүрегимде биринши орынға қойыўға ҳәрекет еттим. Мен булардың ҳәммесинен инсаныйлық көз-қарас пенен ҳәм өзимниң шекленген ақылым менен мәнис табыўға ҳәрекет еттим. 19-сентябрь күни улымызды туўдым. Оны сегиз ай даўамында көтерип жүриў мен ушын өмиримдеги ең аўыр ис болды. Мен ҳәр күни басқа балалар сыяқлы бул да тири қалмайды деген хабарды күттим, бирақ бул сапары ҳәммеси басқаша болды. Бүгин ол күшке толған, саламат, белсенди масийхый.
Егер сиз түскинликке түскен болсаңыз, буннан уялмаң. Ийемизге жүрегиңиздегини төгип таслаң, Ол буны қабыл етеди. Сиз таяр болғаныңызда, Қудайдан үмит етиң ҳәм Оның сынақ ўақтында Өзи жаратқан ҳәр бир адамға беретуғын үмити ҳаққында умытпаң. Мен Забур жырларын қайта-қайта оқый бердим. Өзимниң эмоционаллық жағдайым себепли Оннан алағада болғанымда, көп аятлар мениң туўры жүрегиме түсти. Ҳәтте, егер сиз күшли аўырықты бастан кеширип атырған болсаңыз да, я болмаса ҳеш нәрсе сезбегениңизде де, Забур жырларын оқыўға ҳәрекет етиң. Қудай сизди Өзине әкеледи ҳәм Өз сөзи менен шыпалайды.
Забур 39:2-4 те былай делинген:
Сабыр етип күттим Жаратқан Ийени,
Ол маған бурылып, жалбарыныўымды еситти.
Мени өлим шуқырынан,
Батпақлықтан шығарып алды.
Аяқларымды тастың үстине бастырды,
Қəдемлеримди беккемледи.
Аўзыма жаңа бир қосық,
Қудайымызға арналған алғыс салды.
Көплер буны көрип, қорқар,
Жаратқан Ийеге үмит байлар.