Қайғ
«Ол қайтыс болды».
Усы үш сөз қулағымның қасында жаңғырып кеткенде, мен телефонды жаўып, еденге отырдым да, өкирип жылап жибердим.
Мениң биринши орында турыўшы руўхландырыўшым, жақын адамым, пүткил өмиримниң муҳаббаты қайтыс болды!
Келеси бес күн жүрегимде мәңгиге мөрленип қалды ҳәм мен жерлеўден алдын садақаны, жерлеўдиң өзин умытпастай етип ядымда сақлап қалдым. Мениң дыққат орайым күл салынған қутыға қаратылған еди. Күл салынған қуты. Ол усы күл салынған қутыда еди. Жаны ашығаны себепли, адамлар мени жигерлендириўге урынып, дыққатымды басқа нәрсеге аўдармақшы болды. Мен басымды ийзеп, өтирик күлип қойдым ҳәм олар қашан кетер екен деп күтип, дыққатымды қайта-қайта күл салынған қутыға қарата бердим.
Ҳәммеси рас еместей болып көринди. Бул мен өмиримде дус келген биринши өлим еди. Мен буған таяр емес едим. Бирақ буны жеңе алыў ушын, адамды ким таярлай алады?
Ҳәпте изинен ҳәпте өте берди, өмир сүрип, жасай отырып, ыңыраныўларым анық фазалар арқалы өтип атырғанын түсиндим.
- Исенимсизлик. Оның өлиминен соң, және бир ай даўамында, мен оған қоңыраў етиў ушын азанғы 6.45 те телефонды (мен қоңыраў ететуғын әдеттеги ўақытта) көтеретуғын едим. Мен буны оның телефонды көтерип, жуўап бермейтуғынын түсиниў ушын ислейтуғын едим. Телефон кешки 5.15 те (ол қоңыраў ететуғын әдеттеги ўақытта) шыңғырласа, мен басқа адам қоңыраў етип атырғанын билип кейпиятым түсиў ушын, оны көтеретуғын едим. Пүткил өмирим даўамында ол жәрдемге келиўге таяр болған, өмиримниң тирениши еди. Ал енди болса, ол бир күнниң ишинде қайтып келмейтуғындай болып кетип қалды. Мениң мийим буны жүдә әсте-ақырынлық пенен түсинди. Бул жүз бергенде, менде мыналар пайда болды …
- Ғәзеп. ОЛ НЕГЕ ӨЗ ДЕН САЎЛЫҒЫНА ЖАҚСЫЛАП ҚАРАМАДЫ? НЕ УШЫН ОЛ ЖӘРДЕМ СОРАП БАРҒАН АБЫРАЙЛЫ ЕМЛЕЎХАНА ОҒАН ҚӘТЕ ДИАГНОЗ ҚОЙДЫ? НЕ УШЫН ОЛ ТЕЗ-ТЕЗ ИШЕТУҒЫН ЕДИ? НЕ УШЫН? НЕ УШЫН? НЕ УШЫН? Бирақ бул сораўларды ҳеш ким еситпеди ҳәм оларға жуўап келмеди. Бул фаза қанша узақ созылғанын билмеймен, бирақ бир неше ҳәпте екени анық. Ол тек мени руўхый ҳәлсизликке алып келди. Солай етип, мен …
- Руўхый түскинликке түстим. Қатып қалыў. Ориентацияны жойтыў. Қараңғылық. Мен өзимди жоғалтып қойдым. Бир жылдан аслам ўақыт өз ўазыйпаларымды орынлап, бирақ ҳәмме адамлардан ҳәм ҳәмме нәрседен қол үзгендей болып, еплеп сүйрелип жасап жүрдим. Қай жаққа барсам да, ҳәмме нәрсени, соның менен бирге өмиримниң қуўанышын да сорып тартып алыўшы қара түнек қасымда жүргендей болды. Маған ҳеш нәрсе қуўаныш әкелмейтуғын еди. Мени пүткиллей түңилиў бийлеп алған еди. Басқалар менен мениң басымда болып атырған жағдай туўралы сөйлесиў жәрдем етпеген болар еди. Мен, ҳәтте, буған ҳәрекет те етпедим. Оның кеткени себепли шок ҳақыйқаттан түсиникли болыў ушын, өмиримниң усы мәўритлери умыт болыўы ушын, ўақыт керек болды. Ал кейин …
- Жарып шығыў. Күнлердиң биринде, мен ўақтымды өз досларым менен өткизген едим. Сонда оның менен өткизген қүлкили ўақытлар ядыма түсти. Мен мыйық тартып, күлип жибердим. Мүмкин, ол өлгели берли биринши рет күлиўим болса керек. Сол сәтте-ақ, мен бул қатып қалыўды артта қалдырмағанымды түсиндим. Қалған өмиримди ол туўралы қайғырып өткизгенимди оның қәлемейтуғынын түсиндим. Егер ол ислей алғанда, мени артымнан теўип жиберип, жасаўды даўам етиўимди айтып бақырған болар еди. Аўа, ол ушын ўақыт тоқтап қалды. Бирақ мен ушын ўақыт еле тоқтап қалған жоқ. Мениң руўхый түскинлигим оған абырай әпермес еди. БУНЫ ДӘРҲАЛ ТОҚТАТ! Егер мен оған ҳақыйқаттан да абырай әпергим келгенинде, оны умытпаўым керек ҳәм өмиримде жаңа мәўритлер ашылып атырғанын, оны барынша жасаўым зәрүрлигин түсиниўим керек еди. Мен оның қулағыма усыларды айтып бақырғанын дерлик еситтим. Бул бойынша, ҳеш қандай гүман жоқ.
Келеси жыллары бул «жарып шығыўшы» қарым-қатнас мениң менен бирге қалды ҳәм маған жақсы хызмет қылды.
Мен азап шеккен ўақытларымда, Қудай қаяқта еди? Ол маған ашыўлы ма еди? Ҳеш қандай да. Мен жәмәәтке бардым ба, Мухаддес Китапты оқыдым ба, дуўа еттим бе? Аўа. Қудай оны тартып алғаны ушын, Оның даналығыңа гүман келтирдим бе? Өзимди Оннан узақ сездим бе? Ҳеш қашан. Мениң жақсы көретуғын адамымды бир нәрсе тартып алғаны себепли ҳеш таяр болмағаным себепли, өлимниң жаўызлығы себепли таң қалдым. Мен ең әҳмийетли адамды, өз өмиримниң қәлиплестириўшисин жойтқаным себепли қайғыда едим.
Қайғы себепли айырым бақлаўлар:
Маған жақын болған адам өлсе, мен сезим тәрепинен ҳәлсиз болып қаламан. Шайтан жүрегиңди урлап кетпеўи ушын, сақ бол! «Егер бизиң қайғымыз ҳәсиреттен озып кетсе, биз өз дәртимиздиң ириңге толып жарылып, зәҳәрге айланыўына жол қойған боламыз. Биз бастан кеширип атырған қайғыларымызды тексерип көриўимиз ҳәм олар ҳеш қашан гүна ислеўге себеп болмаўы ушын итибарлы болыўымыз тийис. Ийса ушын олар ҳеш қашан бундай болған жоқ. Олардың бизлер ушын да бундай болмаўы ушын, дуўа етемиз».
Жерлеў жасалма, қандай да бир дәрежеде жалған кеширме болып табылады. Өлим ҳаққында еситкен сәттен баслап, жерлеўдиң ақырына дейин, сиз хожалығыңыз ҳәм досларыңыздың дыққатына көмилген болыўыңыз мүмкин. Олар открыткалар жибереди, аўқат пенен тәмийинлейди, керекли барлық қушақласыўлар ҳәм жубаныш бериўлерди сыйлайды. Бирақ бул әтираптағы жигер бериўшилер ўақты келип өз күнделикли ғалма-ғалына қайтады ҳәм сонда сизге өзиңиз бенен өзиңиз болған өмирдиң қаңырап қалған жағдайын жеңиўге туўра келеди. Бул жаңа өмир сизге күшли соққы берген болады. Бундай ўақытлары езилип қалыў мүмкиншилиги бар.
Жерлеўден бир неше күн өткеннен соң, мениң менен кәсиплес болған бир ҳаял жақынлап келип, кеўил айтты ҳәм кетип баратырып: «Өмир даўам етеди», – деди. ЯҚ, МЕНИҢ ӨМИРИМ АЛДЫҒА ИЛГЕРЛЕМЕДИ. Мен жаңа ғана жоқарыда аты аталған қайғылы сәтлерди басып өте баслаған едим. Мен алдымда ҳеш қандай шығыў жолын көрмей, өз қайғымда иркилип қалған едим. Жақын келешекте өмиримниң өз жолына түсиўине ҳеш қандай мүмкиншилик жоқтай еди. Мен оның қайғыға деген ўақтымды ҳәм ҳуқықымды бийкарлағандай сезетуғын едим. Мүмкин, ол бир жақсы нәрсени нәзерде тутқан шығар. Бирақ мен өзиме ол айтыўы мүмкин болған оннан да ебетейсиз бир нәрсени көз алдыма келтирдим.
Жерлеўден кейинги айларда, мениң досларым менен ушырасыўларым қыйын болып, ашыўымды келтиретуғын болды. Досларым маған ғамхорлық қылды ҳәм жәрдем бергиси келди. Бирақ бизиң бирге ўақыт өткизиўимиз қыйын болды. Олар не айтыўын ҳәм маған қандай қатнаста болыўды билмейтуғын еди. Досларымның арасында жақын адамы өлген биринши адам мен болдым. Мениң досларым буны енди басынан кеширетуғын еди. Бул олардың айыбы емес. Ҳәзир бизлердиң ҳәммемиз жақын адамларымыздың өлимин басынан кеширгенимизден соң, бир-биримизге жақсы қатнаста бола аламыз.
Қайғы – бул терең жеке ис. Ҳеш ким жақсы көретуғын адамы менен менде болған қарым-қатнасқа ийе емес еди. Ҳеш кимде маған уқсаған еске түсириўлер жоқ еди. Оның ең жақын дослары менен еске түсирип отырғанымызда, олар үндемей қалатуғын ҳәм ҳәр биримиз өзинде болған ҳеш кимге уқсамайтуғын еске түсириўлерине берилетуғын ўақыт болатуғын еди. Бул қымбатлы ғәзийнедей болып, бирақ ҳәр бири ушын айрықша еди.
Жерлеў тамам болғанда, мен өз жумысыма қайтыўым керек болды. Салық төлеў ўақты да жақынлап қалды. Ҳеш ким мен ушын қағазларды таярлап бере алмайтуғын еди. Мен оларды өзим қылыўым керек еди. Бул ўазыйпалар мен ушын жүдә пайдалы болды. Яқ, әлбетте, қайғы басылып қалмайды. Бирақ жумыс бойынша ҳәм салық төлеў бойынша өз ўазыйпаларымды орынлаў мени еле де тереңирек қараңғылыққа шөмиўден сақлады ҳәм маған өз дәртимди созыўға мәжбүр етти. Бул – Қудайдан берилген белгили дана сыйлар.
Оның өлиминен соңғы биринши арнаўлы байрамларда оның жоқлығын еске түсириў аўыр еди. Байрам дастурханы әтирапындағы бос орын, ол байрам ўақтында ислеген ис, ол таярлаған әжайып тағамлар тек еске түсириў болыўы керек еди. Байрам бағдармалары кеткен адамсыз болыўы ушын өзгертилген болыўы керек еди.
Мен ҳеш қашан аңсат ҳәм тез-тез жылайтуғын адам емес едим. Оның өлими мени өзгертти. Өз машинамда жақсы кейпиятта бара бериўим, бирақ бирден еске түсириўлерге берилип, биреў суўды ағызып жибергендей, көзлеримнен жаслар дәрья болып ағатуғын еди.
Бир ўақытлары бир нәрсе сатып алып атырып, бирден қапа болып қалатуғын еди. Сонда мен албырап, календарьға қарайтуғын ҳәм бул оның өлген күни екенин түсинип, бул күн мийимде мәңгиге сақланып қалғандай болатуғын еди. Ийсаның туўылған күни ҳәм Қутқарылыў байрамы умытылмастай болып сақланып қалғанындай, енди оның өлген күни де есимде сақланып қалған еди.
Оның бир неше сүўрети дийўалымда асылып тур. Егер мен ол туўралы узақ ойлап қалсам, оның өлгенине көп жыллар болған болса да, ҳәтте, ҳәзир де көзлериме жас келеди.
Мухаддес Жазыўлардан пайдалы орынлар:
Патшалықлар туўралы 2-хат 12:19-20
Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен: – Бала қайтыс болды ма? – деп сорады. Олар Даўытқа: – Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди. Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине əтир жағып, кийимлерин
аўмастырды ҳəм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды.
Биз қайғыны жеңиў ушын ҳәр қандай усылларды қолланып көрдик. Олардың көбиси пайда бермейди. Бизлер алғыслаўды қолланып көрсек қалай болады? Аўа, Қудай бизлер Оған бере алатуғын ҳәр қандай сыйыныўға ылайықлы. Бирақ сыйыныў ең алды менен бизлерге пайдалы. Қалайынша? Ҳәмме нәрсе қадағалаў астынан шығып баратырғандай болып көрингенде, сыйыныў бизге Биреўдиң ҳәммесин Өз қадағалаўы астына алып турғанын еслетеди. Сыйыныў Оның менен бирге болсақ қәўипсиз екенимизди еслетеди. Тийкар, ҳәтте, бизди цунами басқандай болып сезгендей ўақытта да исенимли болады.
Забур 33:18
Жаратқан Ийе кеўли қабарғанларға жақындур,
Руўхы езилгенлерди қутқарар.
Ийса бул бузылған дүньяға адам сыпатында келди ҳәм онда жасады. Ол ҳәммесин түсинеди. Оған азаплы шөллеў ҳәм өмирдеги соңғы мәўритлерде болатуғын ҳәлсизлик таныс нәрсе. Бизиң бас руўханийимиз сыпатында, Ол бизиң жүрек дәртлеримизди толық түсинип, Оның Мухаддес Руўхы сыяқлы (Рим 8:26), бизлер ушын биргеликте тәўеллешилик етеди (Еврейлерге 7:25). Ол бизлерди досларым деп атайды (Юхан 15:15) ҳәм ҳеш қашан бизлерди қалдырып ҳәм таслап кетпеўди (Еврейлерге 13:5) ҳәм бизлерде болыўды (Юхан 14) ҳәм бизлерге тынышлық бериўди (14:27; 16:33) ҳәм, ҳәтте, қуўанышты да (15:11; 16:22) ўәде етеди».
Забур 61:9
Ҳəй халық, ҳəмме ўақытта Оннан үмит қылың,
Жүрегиңизди Оған ашың,
Бизлердиң қорғанымыз Қудайдур.
Бул Оннан берилген мирәтнама! Биз «аҳ» урып, қайғымызды Оның алдында төге аламыз. Бул бизлерге қаншелли керек! Қайғыны ишимизге мөрлеп қойыўдың кереги жоқ. Ол бизлер менен 100% ға азап шегеди.
Салоникалыларға 1-хат 4:13
Туўысқанлар! Үмитсиз жасайтуғын басқа адамлар сыяқлы қайғырмаўыңыз ушын, бул дүньядан көз жумғанлар ҳаққында сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз.
Ҳәтте, үмитленсек те, биз бәри бирде қайғырамыз ҳәм бул орынлы. Ийсаның Өзи Өз достысының қәбири жанында жылаған еди. Мухаддес Китап қайғыны жоққа шығармайды ҳәм пәске урмайды. Биз қайғының тәсирин баҳалаўымыз тийис. Бирақ бизиң қайғымыз үмитсиз адамлардикиндей емес, ал басқаша болады. Ҳәтте, бизлер олардан айырылғанымыз себепли көз жас төксек те, марҳум исениўшилер өз күнин жақсы өткереди. Оларға енди дәрилер, шыпакерлер, операциялар, ғамхорлық, дуўа етиў керек емес. Биз олар менен мәңгиликке хошласпаймыз. Биз және ушырасамыз.
Аюп 2:11-13
Аюптың үш достысы: теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳəм наамалы Софар Аюптың басына түскен бахытсызлықлары ҳаққында еситкенде, жасап турған жерлеринен шықты ҳəм бир жерде ушырасып, жолға атланды. Олар Аюптың қайғысын бөлисип, оған тəселле бериў ушын оның жанына келди. Дослары Аюпты узақтан көрип, оны зорға таныды. Сонда олар зар еңиреп жылады, кийимлерин жыртып, аспанға қарай топырақ шашып, оны басларына да септи. Дослары жети күн, жети түн Аюп пенен бирге қара жерде отырды. Олардың ҳеш бири бир аўыз сөз сөйлемеди, себеби Аюптың соншелли қатты қыйналып атырғанын көрип турған еди.
Сиз де, мен де Аюптың досларына олардың Мухаддес Китапқа сай емес, жаўыз сөзлери себепли, ылайықлы болған төмен баҳаны қоямыз. Бирақ биз оларды пүткиллей өширип таслаўдан алдын, келиңлер, усы үзиндиге қарап, оларға дурыс ислеген иси ушын ылайлықлы баҳаны қояйық. Үндемей қоллап-қуўатлап, өз садықлығын көрсеткен дослары қасында болғаны Аюп ушын үлкен жубаныш еди. Олар келди. Оларға бәри бир емес еди. Жерлеўден кейин, арадан көп жыл өтсе де, ким келип, қасымда отырғаны елеге дейин ядымда. Бул елеге дейин мен ушын үлкен әҳмийетке ийе.
Аюп 1:21
Ол былай деди:
«Анамның қурсағынан жалаңаш шыққан едим,
Бул дүньядан да жалаңаш қайтаман.
Жаратқан Ийе берди, Жаратқан Ийе алды,
Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!»
Мен ушын бул жерде еки сабақ бар:
1) Өлимди тосаттан келеди деўге болады. Өлим ойламаған ўақытта келиўи мүмкин. Ҳәмме жерде ўақыт Қудайдың белгисине ийе. Тек Ол ғана ўақыт келгенин айтады.
2) Сениң хожалығың ҳәм досларың менен өткизетуғын ўақтың болғаны ушын, миннетдар бол. Бизлер олар менен өзлеримиз қәлегенимизше ўақыт өткериўге ҳақылы емеспиз. Бүгинги күнди барынша қолланың. Өйткени ертеңги күн ҳеш қашан келмеўи де мүмкин.
Юханның 1-хаты 3:1
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди!
Бул туўралы ойланып көриң. Биз өз ден саўлығымызды, жумысымызды, хожалығымызды, ақшамызды, досларымызды, атақ-абырайымызды ҳәм т. б. жойтыўымыз мүмкин. Базы исениўшилер усы себепли бир нәрселерди жойтады. Бирақ исениўши ҳеш қашан жойтпайтуғын бир нәрсе бар. Ҳеш қашан! ҲЕШ ҚАШАН! ҲЕШ ҚАШАН! Биз Қудайдың хожалығындағы өз орнымызды ҳеш қашан жойтпаймыз. Ол бизлерди ҳеш қашан қуўып жибермейди. Не ушын масийхыйлар жер бетиндеги ең қорғалған адамлар болыўы керек? Мине, сизлерге жуўап: бизиң аспандағы минсиз Әкемиз бизге бәрқулла жәрдемге келеди.
«Биз қайғы ўақтында Қудайға қатты мүтәж боламыз. Ол бизлерди күтип алады, бизлерге Өзин бағышлайды, бизлер жақсы көрген адамлар қалдырып кеткен бослықты толтырады, жүреклеримизди жубатады, аўырманлығымызды жеңил қылады ҳәм Оның Руўхы менен қарым-қатнасымызды хош ийиске толтырады. Бизиң Әкемиз Өз сүйиспеншилигине мүләйим ғана ораса, бизиң Оған деген сүйиспеншилигимиз өседи, бизиң Оған деген исенимимиз тереңлесип, ҳәтте, жанымыз қыйналған ўақытта да, биз Оны терең ҳәм ҳақыйқый қуўаныш пенен алғыслаймыз.
Римлилерге 12:5
Сол сыяқлы, бизлер көп адам болсақ та, Масихтың бир денесин қураймыз ҳәм өз ара байланыс жасайтуғын бир денениң мүшелеримиз.
Бизиң жердеги хожалықларымыз қәбирде болыўы мүмкин. Бирақ бизиң Масийхқа деген исенимимиз бизди Масийхтың денесиниң ағзалары қылады. Биз жарадар болғанымызда, сол дене ең әжайып түрде жәрдемге келеди.
Бизиң Масийхтың денесиниң ағзалары сыпатында айырым ўазыйпаларымыз мыналардан ибарат:
Римлилерге 12:5
Жылап атырғанлар менен бирге жылаңлар.
Бир-бириңиз ушын дуўа етип, бир-бириңизди жигерлендириңлер, бир-бириңизди сүйиңлер …
Мухаддес Китаптағы қайғының үлгиси.
Патшалықлар туўралы 2-китап 1:17-27
Даўыт Шаул ҳəм оның улы Йонатан ушын жоқлаў айтты. Соңынан бул жыр Яҳуда халқына үйретилсин деп буйырды. «Оқ жай» деп аталған усы жыр Яшар китабында жазылған:
«Ҳəй Израил! Бийик төбешиклерде жоқ болды салтанатың!
Қалай жерге қулады батырларың!
Бул хабарды Гатқа еситтирмең,
Ашкелон көшелеринде жайып жүрмең.
Еситип, филист қызлары қуўанбасын,
Сүннетсизлердиң қызлары шадланбасын.
Ҳəй, Гилбоа таўлары,
Үстиңизге шық түсип, жаўын жаўмасын,
Жерлериң өним де бермесин.
Себеби батырлардың қалқаны,
Енди қайтып зəйтүн майы менен майланбайтуғын Шаулдың қалқаны,
Сол жерде қулатылды.
Өлгенлердиң қанысыз, батырлардың тəнисиз,
Йонатанның оқ жайы кери қайтпас еди,
Шаулдың қылышы ҳеш бос қайтпас еди.
Шаул менен Йонатан сүйкимли ҳəм жағымлы еди,
Өмирде де, өлимде де бирге болды олар.
Олар бүркитлерден де шаққанырақ, арысланлардан да күшлирек еди.
Ҳəй, Израил қызлары!
Сизлерге безелген қырмызы кийимлер кийгизген,
Кийимиңизди алтын безениў буйымлары менен безеген Шаул ушын жылаңлар!
Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар саўашта!
Бийиклигиңде жатыр өли Йонатан.
Сениң ушын қайғыраман, туўысқаным Йонатан,
Мен ушын сен жүдə қəдирли едиң,
Сүйиспеншилигиң мен ушын,
Артық еди ҳаял муҳаббатынан.
Ўаҳ, қалай қаза тапты батырлар!
Қалай жоқ болды урыс қураллары!»
Йонатан халық алдында усындай салютке анық ылайықлы еди. Бирақ бизди Даўыттың жеке қайғысы, өз ҳүрметин билдириўи, халық алдында өзиниң терең сезимлерин көрсетиўи таң қалдырмаған болар еди.