Балалар тәрбиясы
Мен жақында өзимди таң қалдырған бир ўақыяға дус келдим. Бул ўақыяның бас қаҳарманы жигирма жастан өткен бир жас жигит еди. Ол спортшы, қәбилетли, қызларды ышқында жандырған, тәўекелши минезге ийе жигит еди.
Мениң дыққатымды оның әкеси менен болған қатнасы өзине тартты. Машқала пайда болғанда, ол неге сүйенетуғын еди? Әкесиниң мәсләҳәтине.
Өзинде басқаға кеңес бериў мүмкиншилиги туўылғанда, ол жеделлик пенен батыл түрде кимниң сөзлерин келтиретуғын еди? Өз әкесиниң. Бул жигит әкесиниң ҳәмме нәрсени жүдә жақсы билетуғынына исенетуғын еди.
(Дослары оның әкесиниң кеңеслерине қулақ асқанда, ҳәммеси жақсы болатуғын еди).
Оның өмиринде қандай мәўритлер айрықша еди? Әкеси менен пияда жүриў. Әкели-балалы бирге ўақыт өткизгенде көп сөйлесип, биргеликте күлискенди жақсы көретуғын еди.
21-әсирде бундай қарым-қатнаслар болыўы мүмкинлиги қатты ҳайран қалдырды. Көзиме жас келди. Мен өзимде қандай да бир ҳәўес пайда болғанын сездим. Өйткени менде ҳеш қашан бундай қатнас болмаған еди.
Егер сиз ата-ана, кемпир апа ямаса ата, жаслар жетекшиси ямаса шәкиртлердиң устазы болсаңыз, мүмкин, тап ҳәзир басыңызда бир пикир пайда болған шығар.
Яғный, сизде сол әке сыяқлы, балаларыңызға ямаса өзиңиз ислесип атырған жасларға қандай тәсир жасаў кереклиги бойынша ой пайда болған шығар?
Сиз келеси сораўға жуўап бериўиңиз тийис:
Биз жас әўладты Масихқа әкелиў ушын оларға қалай тәсир жасай аламыз?
Бул жүдә әҳмийетли тема. Келиңлер, жәрдем сорайық. Ол бизге керек. Мениң менен биргеликте дуўа етиң.
Аспандағы Әке!
Бизлердиң ҳәммемиз басқаларды Масихқа алып келиўди ойлаймыз. Биз буны шын жүректен, жақсы ислеўди қәлеймиз. Бирақ биз буны Сенсиз ислей алмаймыз, ҳәтте, биз буны ислеп көриўге де урынбаймыз. Сонлықтан, бизге тәлим бериўге деген тилек, кишипейил руўх бере гөр. Өйткени бизге бир нәрсени өзгертиўге туўра келер. Биз көп нәрселерди үйрениўимиз керек. Бизлерди Сениң Руўхың бағдарласын деп соранамыз. Бул бизге керек. Биз бул ушын дуўа етемиз. Себеби биз ҳәлсизбиз, бирақ бизиң жүреклеримизде үмит бар. Масихтың аты менен. Аўмийин.
Биз таныс «топырақтан» баслаймыз.
Жасларды Масихқа әкелиў бойынша мәселе пайда болғанда, әдетте бәрқулла 4 аят келтириледи.
Нызамды қайталаў 6:7 Буларды балаларыңызға да да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар ҳаққында айтып бериң.
Мәниси: Күн даўамында болған барлық ўақыяларды жасларға ақыл-нәсият бериўде өмир сабақлары сыпатында қолланың.
Сулайманның ҳикметлери 22:6 Баланы жастан туўры жолға сал, ол қартайғанда да оннан таймайды.
Аўа, ол ўақытша жолдан тайыўы мүмкин. Бирақ әдетте ол жәмәәтке қайтады.
Ефеслилер 6:4 Ҳәй әкелер, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер. Оларды Ийемиздиң тәлим-тәрбиясы менен өсириңлер.
Колосалыларға 3:21 Ҳәй әкелер, руўхы түспеўи ушын, балаларыңыздың ашыўын келтирмеңлер.
Сиз балаларыңыздың ашыўын келтириўиңиз мүмкин болған көп жағдайлар бар. Абайлы болың.
Бул төрт тийкарғы аятта балаларға руўхый тәлимди тек аналар емес, ал ата-ана бериўи тийис екенлиги анық айтылады. Аўырманлықты әке менен ана екеўи көтериўи тийис. Балалардың Масих туўралы билим алыўы екшемби мектеплеринде ямаса масихый мектеплерде өтиўи керек, я болмаса олар менен хожалықтан тыс биреў шуғылланыўы тийис деген пикирди бийкарлаў зәрүр.
Балалардың биринши дәрежели руўхый устазлары ата-ана, яғный ана ҳәм әке болыўы шәрт.
Бул аятлар туўралы соншелли көп сөз етилгенликтен, бул ата-анаға қарата айтылған жалғыз аятлар деген надурыс түсиник пайда болыўы мүмкин.
Абайлы болың: Мухаддес Китаптағы басқа аятларды писент етпей, бир тема бойынша бир яки бир неше аятты суўырып алмаң. Егер бундай қылсаңыз, мәнисин бурмалайсыз. Және де, сиз тек усы аятларды қоллана отырып, өзиңиздиң жасларға деген тәсириңизди де бурмалайсыз.
Шәкиртлик бойынша садық хызмет еткени себепли, өмири үлги болған бир тәжирийбели миссионер руўхый брандспойт алмаўы кереклигин, оны өзиңиз Масихқа әкелиўди қәлеген адамларға гөзлемеў кереклигин ескерткен еди. Усы тәризде күтилген нәтийжеге ерисиўди күтпең.
Сизлерди билмедим де, бирақ мен максимумға қойылған брандспойт астында турдым ҳәм мен бул себепли қуўанышлы болмадым. Улыўма алғанда, мен азап шектим.
Және де, сизге соншелли көп факт, сан ҳәм сабақлар менен ҳүжим жасайтуғын масихый брандспойт алдында сондай тез турыўдың да кереги жоқ. Сизде олардың ҳәммесин сиңдириўге де ямаса оларды қолланыўға да ўақыт болмайды.
Масихый брандспойттың усылы мынадай: адамлардың басында бослық бар: тығып жибер, суғып жибер.
Буны ким қәлейди?
Тәлим алыў керек. Бул бийбаҳа. Ата-ана да, аталар ҳәм кемпир апалар да, жаслар жетекшилери де, устазлар да тәлим барысына қосылған.
Хабар қабыл етилди. Бирақ, бәҳәрде өз бағыңызды отырғызбастан бурын, туқым себиўди ойлаўдан алдын, сиз топырақты таярлап аласыз. Оны жумсартасыз. Оннан тасларды алып таслайсыз. Үлкен қарықлар жарасыз. Тегислейсиз. Кейин туқым егесиз. Пүткил жаз бойы жаман шөплерди жуласыз, жүдә үлкен болып өсип шығыўы ушын, егинлер әтирапындағы топыраққа ислеў бериўди даўам етесиз. Устазлар руўхый дәрежеде жүреклеринде усыны ислеўи керек. Биз усыны ислеўимиз тийис.
Усыны ислей турып, биз Сулайманның ҳикметлери 23:26 ны оқыўымыз керек:
Балам, жүрегиңди маған бағышла, көзлериң мен жүрген жолда болсын.
Жоқары дәрежели тәлим: Адамларды Масихқа жеке қарым-қатнас арқалы әкелген абзалырақ.
Бизлер баслаған төрт аятқа тийисли талап қосыў керек: Сулайманның ҳикметлери 23:26.
Балам, жүрегиңди маған бағышла, көзлериң мен жүрген жолда болсын.
Не ушын бул аятларға соншелли аз дыққат аўдарылатуғынын мен түсинбеймен.
Келиңлер, оны дыққат пенен оқып шығайық. Ол жерде «Маған қулақ ас» делинген бе? Айырым ата-аналар қалай сөйлесип атырғанын еситип, бул аятта анық усы туўралы айтылып атыр деп ойлаўға болады. Мениң балаларым қулақ асатуғын болады.
Ал егер ата-анаңыз сизге қулақ асыўды үйреткен болса, сиз бийбаҳа нәрсени үйренген боласыз. Олай болса, жумыс ислегениңизде, басшыңыз басыңызда турмаса да болады. Өйткени сизге исениўге болғанлықтан, буның кереги жоқ.
Сизге тапсырма бериўге ҳәм сизиң буны ислейтуғыныңызға толық исениўге болады. Ата-анаға қулақ асыў жүдә әҳмийетли. Бирақ және де әҳмийетлирек бир нәрсе де бар.
Сулайманның ҳикметлери 23:26
Балам, жүрегиңди маған бағышла, көзлериң мен жүрген жолда болсын.
Бул аятта ата-анаңыз бенен ҳәр екшемби күни жәмәәтке барыўыңыз керек екенлиги айтыла ма?
Буның ҳеш қандай жаман жери жоқ. Бирақ мен екшемби күнги жыйналыста аңсарып аўып отыратуғын еди. Сонда қасымда отырған анам бүйиримнен түртип, Қудайға ҳүрмет көрсетиўим кереклигин айтқаны ядымда. Ал 2 минут өткеннен соң, анаў-мынаў алыў бойынша дизимди ким дүзген еди?
Балаларды екшемби күнги мектепке, хызметке, жаслар топарына апарыў әҳмийетли. Бирақ бизлердиң ҳәммемиз усы жерлерге барған, бирақ бүгин Қудайдан алыс адамларды билемиз.
Аятты дыққат пенен оқып шығың.
Сулайманның ҳикметлери 23:26
Балам, жүрегиңди маған бағышла, көзлериң мен жүрген жолда болсын.
Ата-ананың, кемпир апалардың ҳәм аталардың, муғаллимлердиң устазлығы – бул олардың жүректиң ҳақыйқатына қарай бағдарлаўы. Бул тек аяқларды бағдарлаў емес.
Мухаддес Китаптағы жүрек – бул ҳәммесине гилт болып, ол адамның ишки өмирин, мақсетлерин, минез-қулқын, жақсы көриўин ҳәм еркин өз ишине алады. Сонлықтан Сулайманның ҳикметлери 4:23 теги ҳәмме нәрсе түсиникли болыўы керек:
Ең баслысы, бар күшиң менен жүрегиңди қорға, өйткени ол өмир булағы.
Егер жүрек сизиң өмирде ҳақыйқаттан қандай екениңизди көрсетсе, өз жүрегиңизге нени киргизип атырғаныңыз бойынша сақ болың. Жүрегиңизди кимге берип атырғаныңызға сақ болың.
Ойланып көриң: Қудай Әке бизиң жүреклеримизди алғысы келеди. Ол бизлерден Оның өмиримизге кириўин сорап, дуўа еткенимизден да көбирек нәрсени қәлейди. Ол бизлерден күнине бир неше минут ямаса екшемби күни азанда бир саат даўамында Оның китабын оқығанымыздан да көбирек нәрсени қәлейди.
Ол бизлерди толығы менен қәлейди. Ол әсиресе өмиримиздиң орайы болған жүрегимизди қәлейди. Егер сиз балаларыңызға, ақлықларыңызға ямаса шәкиртлериңизге барынша тәсир көрсетиўди қәлесеңиз, сиз олардың жүрегине жол таба алыўыңыз тийис. Себеби сизиң мақсетиңиз – жүректи, адамның руўхый дүньясын Қудайға бағдарлаў болып табылады.
Кейин (тек кейин ғана) олардың өмирин Масих қәлегендей қылып өзгерте аласыз.
Биз қандай да бир адамның жүрегине қалай жол таба аламыз?
Сулайманның ҳикметлери 23:26 «жүрегиңди маған бағышла».
Бизлердиң бул күшке ерисе алмайтуғынымыз анық.
Солай етип, балаларға ямаса ақлықларға, яки шәкиртлерге барынша тәсир жасаў мәселеси олардың жүрегине жол табыўдан ибарат болыўы тийис.
Сонлықтан биз келеси нәрсе үстинде ойланыўымыз керек: Биз жүректи Масихқа қарай бағдарлаў ушын, оған қалай жол табыўымыз керек?
Жасларға келсек, егер сиз балаға өз жүрегиңизди бермеген болсаңыз, не себептен ол сизге өз жүрегин бериўи керек екен?
Балалардан нени алыўды қәлесек, оларға соны бериўден баслаўымыз керек. Бул ҳаққында ойлаң ҳәм буны қайталаң.
Бүгин биз талқылағанымыздың көбиси өзим оқыған бир китап («Ерлер мандаты») себепли руўхландырылған.
Вьетнам урысы ўақтында, автордың әкеси толық бир жыл даўамында урысқа қатнасқан еди.
«Мен әкем жазған хатларды қайтадан оқығанымда, көзлериме жас келеди. Ол маған өз өмири туўралы әпиўайы гүрриң еткен еди. Бул қандай да бир әпиўайы нәрселер болып, ол өзи көрген ҳәм ислеген нәрселерди сүўретлеген еди. Ал кейин ол мениң өмирим туўралы жазған еди. Анық бир мысал: «Қәдирли улым, мен сенде әжайып бейсбол тобы бар екенин ҳәм сениң топты әжайып қылып қабыл еткениңди еситтим. Анаң маған сен утқаныңда қандай қуўанышлы болғаны туўралы айтып берген еди. Әттең, сонда мен ол жерде жоқ едим. Бирақ мен ойларымда сениң топты қалай қабыл еткениңди келтирип көрдим».
Сиз мениң әкемниң не қылғанын түсинесиз бе? Әкем маған мениң оның улы екенимди, дүньяның бир шетинде жүрсе де, оның жүреги мениң менен бирге екенин айтқан еди.
Ол хатларында мениң өмиримде болып атырған ҳәмме нәрсени: мектеп, жәмәәт, спорт, үй жумысларын талқылайтуғын еди.
Өмир ҳәм өлим жағасында турған әскерий зонада болып, армия офицериниң ҳәмме қыйын ўазыйпаларын орынлай турып, әкем мениң өмиримди дыққат пенен бақлап отыратуғын ҳәм өмиримде не болып атырғанын билетуғын еди. Сонлықтан ол маған ҳақыйқаттан: «Маған өз жүрегиңди аш дегенде, ол өз жүрегин маған әлле қашан берген еди. Мен Оның баласы едим. Мен ислейтуғын тек бир нәрсе – бул мениң оған өз жүрегимди бериўимнен ибарат еди.
Ол даўам етип былай деп жазады: «Әкем жерленгенде, мен матам сөзин сөйлеген едим. Мен өз сөзимде усы әжайып адамның улы болыў мен ушын қаншелли абырай ҳәм жарылқаў болғанын айттым. Сонда әскерлес досларымның бири маған жақынлап келип: „Мени жерлегенде, улым усындай сөзлерди айтыўы ушын, ҳәммесин берген болар едим», – деди.
«Менде оған ҳақыйқатын айтып жуўап бериўге батыллық жетпеди. Өйткени мен оны да, оның улын да билетуғын еди. Оның улы ол туўралы мен әкем туўралы айтқан сөзлерди ҳеш қашан айтпаған болар еди. Себеби ол улына өз жүрегин бермеген еди ҳәм улында ашшы жатсыраў бар еди».
Сораў:
Балаларымыз бизлерден көбирек нени қәлейди?
Жуўап:
Бизиң жақсы көриўимизди, бизиң қоллап-қуўатлаўымызды, бизиң дыққатымызды, бизиң ўақтымызды қәлейди.
Балаларымыз өзлери бизлерден қәлеген нәрселерди: бизиң сүйиспеншилигимизди, бизиң қоллап-қуўатлаўымызды, бизиң дыққатымызды, бизиң ўақтымызды алып атыр ма?
Сақ болыңлар, егер бала буны ата-анасынан алмай атырған болса, онда ол буларды басқа нәрседен ямаса басқа адамнан излейди. Олардың не болатуғынын ким биледи? Буны терең ойланып көриў керек.
Айтпақшы:
Биз аналар балалар тәрбиясына көп ўақыт ажыратыўы керек деп есаплаймыз. Әкелер ушын да усындай талап қабыл етилсе болмас па еди? Сиз өз балаларыңызды/ ақлықларыңызды/шәкиртлериңизди өзиңизге жүрегин ашыўға мәжбүрлей алмайсыз.
Бул сизиң машқалаңыз. Олар сизге жүрегин ашыў ушын, өмириңиз соншелли өзине тартар болыўы ушын ўақыт ҳәм көп умтылыслар керек болады.
Адамға берилген биринши лаўазымлы жол-жорықлар Жаратылыс 2:15 те берилген. Ол жерде адамға жерге ислеў бериў кереклиги айтылған. Егер сиз перзентиңиздиң өзиңизге жүрегин ашқанын қәлесеңиз, онда сиз өз ҳәўли үйиңиздеги ямаса атызыңыздағы жерге қалай ислеў беретуғын болсаңыз, оның жүрегине де солай ислеў бериўиңиз керек болады.
Күнлердиң биринде бир масихый әке басқаларға қарағанда балаларын көбирек мақтаўы кереклигин маған айтқан еди. Олар әке ушын өзлериниң қаншелли қәдирли екенин көриўи тийис.
Бул ақылға муўапық. Шын жүректен шыққан мақтаўдан басқа қандай нәрсе менен перзентиңиздиң, ақлығыңыздың ямаса шәкиртиңиздиң жүрегине ислеў бере аласыз?
Өз перзентлеримиз бенен жақын қарым-қатнасты раўажландырып барыў ушын, бир әке ойлап тапқан әпиўайы формулаға қарайық. Китап оқың, дуўа етиң, мийнет ислең, ойнаң.
Китап оқың
Перзентлериңиз, ақлықларыңыз ҳәм т .б. менен бирге Мухаддес Китапты оқыңлар.
Мен екшемби күнги хызметти алып баратуғын бир жәмәәт хызметшисин билемен. Ол ҳәр екшемби күни қосықлардың арасында өткен ҳәпте ишинде улы менен бирге Мухаддес Китапты оқып шыққанын айтып берди.
Егер сиз дийўалдағы шыбын болғаныңызда, нени еситкен болар едиңиз? Мүмкин, бир темадан екинши темаға өтетуғын сөйлесиўди шығар. Онда өзлестирип алыў керек болған ҳақыйқатлар талқыланады. Бирақ сиз әкеси өзи ушын ўақыт ажырататуғын улды да көрген болар едиңиз. Бизиң арамыздағы көбимиз биргеликте дуўа етиўге ўақыт ажыратпайтуғын шаңарақларда өсип ержеттик. Бирақ бул дәстүрди, әдетти көплеген себеплерге байланыслы қайта тиклеў керек.
Сиз өзиңиздиң Мухаддес Китап муғалими емес екенлигиңизди айтарсыз. Мухаддес Китапта өзиңиз түсинбейтуғын көп нәрселер бар екенин, ондағы атларды да айтыўға тилиңиз бурылмайтуғынын да айтарсыз. Бундай сизиң бир өзиңиз емес.
Забур 18:8-11
Жаратқан Ийениң нызамы минсиз, Ол жанға жан қосар. Жаратқан Ийениң буйрықлары исенимли, Ол саданы дана қылар. Жаратқан Ийениң ҳүкимлери дурысдур, Жүректи шадлыққа толтырар. Жаратқан Ийениң буйрықлары анықдур, Олар көзлерге нур берер. Жаратқан Ийеден қорқыў пәклик, Бул мәңги даўам етер. Жаратқан Ийениң қағыйдалары ҳақыйқат, Барлығы әдилдур. Булар алтыннан, сап алтыннан да қәдирли, Пал көзгенектен тамған палдан да мазалы.
Өзиңиз түсинбегениңизден өзиңиз түсингениңизге қарай, яғный өзиңиз балаларыңызда ислеп атырғанын көриўди қәлеген, усы китаптың өмирди өзгертиўши күшине қарай барың. Усы Мухаддес Китап бағдарлаған жолға ҳәм ол исенип болмас ўәделер ҳәм мүмкиншиликлер менен бирге усынып атырған жәрдемге дыққатыңызды жәмлең. Бул ўәделер менен мүмкиншиликлер Мухаддес Китапқа тийкарланған сизиң, перзентлериңиздиң, ақлықларыңыздың ямаса басқа адамлардың өмиринде ашылып атыр.
Қурылыс материалларын сатып алыў ушын биз дүканға барамыз. Биз ҳәр күн ушын руўхый қурылыс материалларын беретуғын Мухаддес Китаптан жийи-жийи жәрдем сораймыз ба? Биз өзимиздиң сүйикли дүканымызда қалай жақсы билсек, Мухаддес Китапты да солай жақсы билемиз бе?
Биз Мухаддес Китапты оқый турып, перзентлеримиздиң жүрегиндеги топыраққа егемиз бе? Олар менен бирге дуўа етип отырып, жүреклериндеги топыраққа егемиз бе?
Дуўа етиң
Сораў:
Сиз көбирек ким менен жақынсыз?
Жуўап: Егер сиз Ийемиз бенен бирге жүрсеңиз, онда сизиң ең жақын шеригиңиз дуўа етиўдеги ең жақын достыңыз болады.
Ўақыт өтиўи менен, сиз дуўа етиўдеги шеригиңизге барлық сырларды сақлай алады ҳәм сиз ушын күшли түрде дуўа етеди деп исениўге болатуғынын түсиндиңиз. Нәтийжеде сиз дуўа етиўдеги шеригиңиз бенен жақын досқа айландыңыз, дуўаларға көп жуўаплар алдыңыз. Нәтийжеде араңызда беккем байланыс пайда болды.
Таўып көриң-ши, мен не ушын бул ҳаққында айтып атырман? Көз алдыңызға келтирип көриң, ана ямаса әке, кемпир апа ямаса ата, я болмаса жаслар жетекшиси, сизиң улыңыз, қызыңыз ямаса ақлық балаңыз яки ақлық қызыңыз сизиң дуўа етиўдеги шеригиңиз болады. Көз алдыңызға келтирип көриң, сиз дуўа етиў бойынша баланы қаншелли көп нәрселерге үйреткен болар едиңиз. Мүмкин, баланың жүрегин Қудайға бағдарлаў ушын, оның жүрегине және қаншама ислеў берген болар едиңиз.
Яқып 5:16
Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
Бул аяттың изиндеги ўәде ата-ана менен баланың арасындағы байланысты өз ишине ала ма?
Биз Мухаддес Китапты оқый турып, балалардың жүрегиндеги топыраққа ислеў беремиз. Биз биргеликте дуўа етип турып, балалардың жүрегиндеги топыраққа ислеў беремиз.
Биз биргеликте ислей турып, балалардың жүрегиндеги топыраққа ислеў беремиз.
Жумыс ислең
Жумыс ислеў?
Биргеликте исленген жумыс балалар менен ақлықлардың жүрегине ислеў бере ме? Әлбетте!
Кәсиплес исениўшилердиң үйин ямаса машинасын оңлаў, я болмаса олардың атызындағы зүрәәтти жыйнаў ушын, олар менен биргеликте күшли мийнет еткениңизди еске түсириң.
Аўа, сизлер үйлериңизге ҳәммеңиздиң үстилериңиз патас болып, мүмкин, терге шомылып қайтқан шығарсыз. Бирақ усы аўыр мийнет ўақтында, сиз басқа ўақытта ҳеш қашан бирге күлмеген адамлар менен бирге күлдиңиз. Сиз биргеликте қыйыншылықларды басып өттиңиз ҳәм Қудай адамлар топары арқалы сиз бир өзиңиз арқалы ҳеш қашан ислемеген нәрсени көрдиңиз. Қандай да бир мәселени орынлаў ушын сиз биргеликте ҳәрекет еткениңизде, адамлар арасындағы дийўаллар әсте-ақырынлық пенен қулады ҳәм енди сиз еле де жақын досларға айландыңыз. Сөзсиз, биргеликте жумыс ислеп, жас адамлардың жүреклерине ислеў берип барыў керек.
Китап оқыў, дуўа етиў, жумыс ислеў. Үшеўин шешип алдық, енди және биреўи қалды. Биз олар менен бирге ойнап, балаларымыздың жүреклерине ислеў беремиз. Балаларыңыз бенен бирге ойнаң. Мен мектепте оқыған барлық жыллар даўамында, хожалығымыздың дем алыс күнлери август айында болатуғын еди. Ата-анам мени әжапам менен бирге ағайинлеримиз жасайтуғын қалаға апарып таслайтуғын еди. Мен кемпир апам ҳәм атамның фермасында әжайып ўақыт өткизетуғын едим, тракторда айланатуғын, мәкке атызда жасырынбақ ойнайтуғын, пишен тодаларына минип алатуғын, қалаға баратуғын ҳәм дәрьяда шомылатуғын едим.
Усы ўақыт даўамында, мен бир үйден екинши үйге шапқылап, бир әжағамның үйинен екинши әжағамның үйине баратуғын, балалығымның әжайып ўақытларын өткизетуғын едим.
Тек арадан бир қанша ўақыт өткенде ғана, мен сол үй-ишим менен өткизген дем алыс ўақытларымда, ата-анамды жүдә аз көргенимди түсиндим. Маған аталас әжаға-инилерим ҳәм әжапа-қарындасларым менен бирге ўақыт өткизиў соншелли қызықлы болып, ата-анамның жоқлығын ҳеш қашан байқамаппан. Балалығым туўралы еске түсириўлеримде ата-анам жоқ еди. Бул – олардың таңлаўы еди. Мениң жүрегиме ислеў бериў мүмкиншилиги қолдан шығарылған еди. Басқа бир адам менен улыўма басқаша болды. Ол өз балаларын тәрбиялап отырып, олардың дем алыс ўақтында нени қәлейтуғынына қулақ түриўге ҳәрекет еткенин айтып берди. Ол дем алыстан кейин, әжайып еске түсириўлер қалғанын қәлеген еди. Балалардың жүрегине ойын арқалы ислеў бериў.
Китап оқыў, дуўа етиў, жумыс ислеў, ойнаў.
Буған ўақыт талап етиледи. Бирақ «ўақыт – бул валюта болып, оған улыма, қызыма: «Жүрегиңди маған бер», – деп айта алыў ҳуқықы сатып алынады (Сулайманның ҳикметлери 23:26)
Егер сен олар жүреклерин саған бериўи ушын, жүреклерди «егиске таярласаң» қандай сыйлық аласаң?
Сиз кейин не деп жазылғанын көрдиңиз бе? Аятты бәрқулла контекст ишинде оқыў пайдалы.
Сулайманның ҳикметлери 23:27-28
Себеби бузық ҳаял – тар шуқыр, Өзгениң ҳаялы тар қудық. Ол қарақшыдай буққыда күтер, Бийопа еркектиң санын көбейтер.
Жынысый азғырыўлар туўралы ескертиўлер – өспиримлер менен көп жыл ислескен адамлар ушын таң қаларлық ис емес. Әкелер менен беккем байланысқа ийе, өз жүреклерин әкелерине берген балалар жүреклерин әдеп-икрамсыз ислерге бермейди.
Егер олар ата-анасы менен беккем, кеўил жақынлық қарым-қатнасқа ийе болса, егер оларда сүйиспеншилик бере алатуғын ең жақсы нәрсе әлле қашан бар болса, онда олар неге сүйиспеншиликтиң орнын басатуғын басқа нәрселерди излеўи керек?
Өз жүрегин берген ул, ақлық ямаса шәкирт «ата-анасына, кемпир апа, атасына ямаса устазларына исенеди, оларға ҳәўесли болады, оларды жақсы көреди.
Егер жүрек Қудайға бағдарланған болса, бул демек, адам Қудайды алғыслаўға ҳәрекет етеди. Ал егер сиз Қудайды алғыслаўға ҳәрекет етсеңиз, сизде күш ҳәм соның менен бирликте жасаўға, жақсы жасаўға қарсы болған нәрселерге қарсы тура алыў ушын ҳәм оларға ҳүжим жасаў ушын қәбилет болады
Жасларды Масихқа қалай әкелиўге болады? Ҳәммеси өз ара тығыз қарым-қатнастан басланыўы керек. Анық усы ҳаққында Сулайманның ҳикметлери 23:26 да сөз етиледи.