көп әйел алу
Некеге «Нызам тәрепинен тән алынған келисимли ҳәм шәртнамалы қарым-қатнасқа ийе болған жас жубайдың бирлесиў жағдайы», деп анықлама бериледи. Неке – Қудайдың пикири болып, инсан цивилизациясының ең баслы ҳәм әҳмийетли болған «шаңарақ негизги тасы» болып есапланады.
Солай етип, егер бизлер некениң Қудай қәлегениндей толық болыўын қәлесек, онда келиңлер ең баслы сораўларды қояйық:
Қудайдың көз қарасындағы некени қурайтуғын бөлимлер неден ибарат?
1) Қудай ең биринши некени дүзгенде, бул бир ер адам (Адам-ата) менен бир ҳаялдан (Ҳаўа-ене) ибарат екенин анық етип көрсетти.
Жаратылыс 2:24 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
2) Енди Ийсаның неке туўралы анықлама бергенине қараң:
Матта 19:5 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
Усы аятлардағы «еки» деген сөзди белгилеп қойың. Ол неке дегенде бир ер адам менен бир ҳаялды нәзерде тутып атыр.
3) Енди Жаңа Келисимде Павелдиң неке ҳаққында узын темада түсиндирген анықламаға қараң:
Ефеслилер 5:31 «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады».
Усы жерде де «еки» деген сөзди белгилеп қойың. Ол да неке дегенде бир ер адам менен бир ҳаялды нәзерде тутып атыр.
4) Бизлерге Павел тәрепинен сүўретленген жәмәәт жетекшилериниң сапасы қандай болыўы кереклигине дыққат қаратың.
1 Тимофей 3:2 «Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы,… болыўы шәрт».
Жәмәәт жетекшисиниң көп ҳаял алыўы Жәмәәтке бағышланып хызмет етиўи ушын, Масийхтың «бир ҳаяллық» деген көз қарасына туўры келмейди.
Павел бизлерге жәмәәт жетекшилериниң сапасы туўралы мағлыўмат берип атырып, ҳәр бир исениўши адам талпыныўы керек болған ер жеткен барлық ер адамлар туўралы толық сүўретлеме береди. Ал бул дизимде болса бир ҳаяллы – деген сапа биринши орында турады. (Бул үйленбеген адамның жетекши болыў сапасын түсирмейди. Бизлерде Павелдиң үйленгени ямаса үйленбегени туўралы мағлыўмат жоқ). Солай етип, усы аятлар бизлерди қандай жуўмақ шығарыўымызға жетелейди? Көп ҳаял алыў Қудайға ҳүрметсизлик болады. Бул Оның неке туўралы сүўретлемеси емес. Көп ҳаяллық – бул қәте. Бул Қудайдың инсан некесин жаратып, белгилеп қойғанына қайшы келеди.
Бирақ… бирақ… бирақ… бизлер Мухаддес Китапта көп ҳаял алғанларды таба аламыз.
Жаратылыс 4:23 «Ламех ҳаялларына былай деди: „Ҳәй, Ада ҳәм Силла, мени тыңлаңлар!“»
Бул Мухаддес Китаптағы биринши көп ҳаяллық жағдай, Ламех Каинның урпағы, яғный гүнакар әўладтан болады. Деген менен, Мухаддес Китапта атақлы исениўшилер көп ҳаял алмаған ба?
Аўа, көп ҳаял алған. Мысалы: Яқып, Даўыт ҳәм Сулайман. Сонда не, олардың өмири көп ҳаял алыўды дурыс деп айтып атырғаны ма?
Және дыққат салың! Сиз көп ҳаяллық жағдайды көрген ўақтыңызда, ол жердеги қарым-қатнаста машқала бар екенин көресиз. Жүдә терең машқала.
Яқыптың Леа ҳәм Раҳила деген еки ҳаялы бар еди. «Яқып Раҳиланы Леадан гөре көбирек жақсы көрди», деп айтылады (Жаратылыс 29:30).
Таң қаларлығы сонда, бир ер адам еки ҳаялды теңдей сүйе алмайды екен да?
«…Яқыптың Леада кеўли жоқ…» (Жаратылыс 29:31).
Леа оған көп бала туўып берди ҳәм ол шаңарақта бала санын көбейткени ушын Яқып Раҳиланы сүйгени сыяқлы, оны да жақсы көрип қалады, деп үмит еткен еди. Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», – деди (Жаратылыс 29:34).
Леа күйеўиниң «басқа ҳаялға» болған күшли муҳаббатын көретуғын еди. Ол күйеўиниң кеўлин табыў ушын стратегия, яғный усыл излеп атырғаны қаншелли аянышлы.
Раҳила Яқыпқа бала туўып бере алмағанлықтан, әжапасын қызғана баслады.
Ол Яқыпқа: «Маған перзент бер, болмаса өлемен!» – деди (Жаратылыс 30:1).
Ҳаяллар ҳәттеки, күйеўи Яқып пенен жатыў ҳуқықы бойынша да тартысатуғын еди. Яқыптың бирин екиншисинен артық жақсы көриўи ҳаяллардың арасында бәсеки пайда етти. Ал нәтийжеде бул таўсылмайтуғын тартысқа алып келди. Даўыттың биринши төрт улы: туңғыш улы Амнон, Килеаб, яғный Даниел деп те аталған (ол балалық ўақтында қайтыс болған, себеби кейин ала ол ҳаққында улыўма мағлыўмат жоқ), Абшалом ҳәм Адония. Олардың аналары басқа-басқа болған.
Амнон өзиниң басқа анадан туўылған өгей қарындасын зорлады.
Абшалом басқа анадан туўылған өгей ағасы Амнонды өлтирди ҳәм әкесин патшалықтан қулатыў ушын айтарлықтай патшалықта төңкерис қыла жазлады.
Адония аға-инилериниң ҳеш қайсысы оның тахтқа отырғанына қарсы тура алмайтуғынын тастыйықлап, өлейин деп атырған әкеси менен мәсләҳәтлесиўди де мақул көрмеди. Кейин ол өзин патша деп жәриялады. Аналары басқа-басқа болған өгей аға-инилердиң көп болыўы аға-инилик бәсекиликтиң жаңа басқышқа қарай көтерилиўин алып келди. Даўыттың өлими туўралы ўақыяда, оның жатақта жатқан жеринде сүйиўши, садық ҳәм қайғырып атырған шаңарағы көринбейди. Ал буның орнына суўық қанлық пенен ҳүкимдарлықты қолынан тартып алыўға ҳәрекет етилди. Адонияның қандай тәрбия алғанына итибар бериң:
3 Патшалар 1:6 «Әкеси Даўыт ҳеш қашан оған: „Неге булай иследиң?“ – деп, оны тәртипке шақырып турмайтуғын еди».
Даўытта ҳаялларынан туўылған кем дегенде жигирма бир улы бар еди, сондай-ақ, тоқалларынан туўылған басқа да уллары болды, ал олардың саны белгисиз. Усындай қурылған шийеленискен шаңарақта оның өз балаларына Қудайдың тәрбиясын беретуғындай ўақты болмағаны таң қаларлық емес шығар?
Сулайман әке ҳәм ул тәрбиясы ҳаққында Ҳикметлерде базы нәзик пикирлер менен бөлисип өтеди:
«Мен де әкемниң үйинде бала болдым,
Көзиниң қарасы, анамның жалғызы едим.
Әкем маған үйретип, былай дер еди:
«Сөзлеримди жүрегиңе беккем жайла,
Буйрықларымды орынла, сонда жақсы жасайсаң» (Ҳикметлер 4:3-4).
Әжайып бай қарым-қатнас! Деген менен, көп ҳаялдан көп балалы болыў, өзиңиз билгениңиздей барлық балаларға сондай дәрежеде дыққат аўдарылмағаны анық.
Сулайман Нызамлар қайталаныўы 17:17-аят бойынша көп ҳаял алыўға қадаған етилген еди, өйткени бундай қылған жағдайда патшаның жүреги Жаратқан Ийеден алыслап кететуғыны жазылған. Сулайман усы қадаған етилген буйрықты менсинбеди, ал нәтийжеде оның жүреги шынында да Қудайдан узақласып кетти.
3 Патшалар 11:4 «Қартайған шағында, олар Сулайманның жүрегин басқа қудайларға аўдырды. Сулайман жүрегин толығы менен Қудайы Жаратқан Ийеге бағышлаған әкеси Даўытқа уқсамады».
Мухаддес Китап бизлерге Сулайманның 700 ҳаялға үйленген некеси туўралы мағлыўматты толық айтпайды, бирақ бул әҳмийетли ме екен? Усындай бәсекилик, қызғаныш ҳәм урыс-қағыс келтирип шығаратуғын бузылған «шаңарақ» ҳаққында түсиниў қыйын, оннан қала берсе, бул некеге ҳәм Қудайға пүткиллей ҳүрметсизлик болады. Бул туўралы ой жуўыртып көриң.
Ески Келисимде көргенимиздей, көп ҳаял алыўдағы қарым-қатнаста апатшылықты күтиўден басқа ҳеш нәрсе емес.
Жер жүзинде күйеўиниң муҳаббатын, дыққатын ҳәм бағышланыўын қәлемейтуғын ҳаял жоқ. Ҳаял өз күйеўин басқа ҳаял менен бөлисиўи шаңарақтың қурылыўдағы негизги тийкарына жоқары дәрежедеги бузылыўды ҳәм айтарлықтай ашық жәнжелди алып келеди. Ал көп ҳаяллы болған шаңарақтағы балалардың жағдайы турақсыз, шешим қабыллай алмайтуғын, белгисиз ҳәм бәсекилик болып, қыйын балалықты басынан кеширеди. «Көп ҳаял алыў – бул жарақатланған жүреклерди жаратыў ҳәм „шаңарақ“тың үстинен күлиў есапланады. Бундай жағдайда нәтийжеси апат болатуғынын алдын ала айтыўға болады, деген менен, буның алдын алыўға болады. Буның ушын кишипейиллик, даналық ҳәм парасатлық басым болыўы тийис ҳәм сонда нәтийжеде моногамус, яғный бир ҳаяллы шаңарақты алып келеди.
Қудай көп ҳаяллы шаңарақ болыўға жол қоя ма? Аўа. Ески Келисимде көп ҳаяллы болғанларды излеп табыў қыйын емес.
Қудай көп ҳаяллы болыўыңызды қәлей ме? Яқ. Мухаддес Китапта бул туўралы жазылған ҳәм сүўретленген, бирақ буны мақулламайды. Қудай көп ҳаяллы болғанды жарылқай ма? Мухаддес Китаптағы аянышлы мысаллар жуўаптың – ЯҚ екенлигин дәлиллейди.
Ески Келисим Малахия пайғамбардың китабы менен тамамланады, ал Қудай Өз халқын бир ҳаяллы болыўға шақырып атырғаны көринип турады.
Малахия 2:14-15 «„Не ушын?“ – деп сорайсызлар. Себеби сизлер жас ўақтыңызда үйленген ҳаялыңызға қыянет еттиңлер. Ол сизлердиң өмирлик жолдасыңыз, некели ҳаялыңыз еди. Жаратқан Ийениң Өзи екеўиңиздиң араңызда гүўа болған еди.
Қудай сизлерди бир дене ҳәм бир руўх қылып жаратпады ма? Не ушын бир қылды? Өйткени Ол Өзине айрықша болған бир урпақ излеген еди. Сонлықтан өзлериңизге ықтыят болың, ҳеш бириңиз жаслықта үйленген ҳаялыңызға қыянет етпең».
Малахия не ҳаққында айтып атыр? Қудай ең баста жаратқан неке еки адамның, яғный ер ҳәм ҳаялдың бир болыўынан ибарат. Ескертиў! Қудай бир адамға тек ғана бир ҳаял берди. Қудай әзелден еркекке көп ҳаял жаратып бериўге қүдирети жететуғын еди, бирақ бундай қылмады. Қудайдың мақсети Өзине унайтуғын урпақты жаратыў болды. Бир ҳаяллы болған некедеги қарым-қатнас сол Қудайдың еркиниң әмелге асыў мүмкиншилиги көбирек болады. Көп ҳаяллы болыў «Ўәде етилген Масийхтың шежиресиндеги Қудайға садық болған урпақты жоқ қылады.
Тек ғана ата-ана некеде берген ўәдесине садық қалса, балалары қәўипсизлик пенен тәмийинленеди, ал бул Қудайға садық болып жасаўдың тийкары есапланады». Бир ҳаяллы некеге қаржы киргизип, даўыс бериң! Сиз шынында да жарылқаў алмаған шаңарақ болғыңыз келе ме? Көп ҳаяллы некеде гармония, яғный аўыз-биршилик, тынышлық, қуўаныш қаяқта? Ондай көп ҳаяллы некеде емес! Оның орнына ондай шаңарақта жәнжел, келиспеўшилик ҳәм пухаралық урыс бар. Көп ҳаяллы неке – бул ҳәр қандай жағдайда да узақласыў керек болған жол. Қудайдың жолына итибарсызлық пенен қарасақ, ҳәмме ўақытта үлкен қун төлеўимизге туўры келеди. Ески Келисимдеги көп ҳаяллы шаңарақлар бизлер ушын күшли ескертиў болыўы тийис. Солай етип, бизлер қандай шараларды көриўимиз керек?
1) Егер сиз үйленбеген болсаңыз, онда Қудайдан ең жақсы нәрсени алыўды мақсет етиң, бул бир ҳаялға үйлениў екенлиги анық.
2) Егер сиз ҳәзирги ўақытта бир ҳаялға үйленген болсаңыз, онда Ҳикметлер 5-бапқа пәт бериң:
«18 Булағың берекетли болсын,
Жаслай қосылған қостарыңнан ләззет ал.
19 Ол сүйкимли суўын, нәзик кийикке уқсайды.
Оның көкирегине бәрқулла қанаат етип,
Бәрқулла муҳаббатынан ләззет ал (дөгерегиңдеги басқа ҳаялларға қарама).
20 Балам, саған тийисли емес ҳаялдан (көп потенциал ҳаяллардан) ләззет алыўдың,
Басқаның (қосымша ҳаяллардың) геўдесин қушыўдың не кереги бар?»
3) Егерде сизде әлле қашан көп ҳаялыңыз бар болса ҳәм ҳәзирги ўақытта гүнаңыз ушын тәўбе қылған болсаңыз, онда Масийхқа исенимиңизди байлаң ҳәм Оған исенип жасаң. Себеби шаңарағыңызды Қудайдың мақсети ушын масластыратуғын ўақтыңыз келди:
а) Бир ҳаяллы адам болыўға ҳәрекет етиң. Биринши үйленген өмирлик жолдасыңызды жалғыз ҳаялыңыз етиң. Ефеслилер 5:23-33-аятларда жазылғанындай оның күйеўи болың.
б) Басқа барлық ҳаялларың менен некелик қарым-қатнасыңызды тоқтатыўға ҳәрекет етиң.
в) Өзиңиздиң жалғыз ҳаялыңызды ҳәм басқа ажырасқан ҳаялларыңды қаржы бойынша тәмийинлеўге ҳәрекет етиң. Себеби сол ҳаяллар сизге қаржы бойынша ғәрезли. Сонлықтан оларға қаржылық жәрдем бериўди тоқтатыў ҳүждансызлық болады.
г) Туўылған барлық балаларыңызға әкелик қылыўға миннетлисиз. Буған жалғыз ҳаялыңыздың балаларына көрсететуғын ғамхорлығыңызға уқсас эмоциялық ҳәм қаржылық қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ руўхый жетелеў киреди. Усы балалардың өмир сүриўи ушын сиз жуўапкер боласыз. Өз жуўапкершилигиңизди қуўаныш пенен орынлаң.
Жас әўладларға моногамиядағы, яғный бир ҳаяллы болыўдағы жарылқаўды, қуўанышты, турақлылықты ҳәм буның зәрүрлигин үйретиў керек.
Бул ҳаққында ойланың:
Қудай шаңарақты жаратып ғана қоймай, ал бизлерге бул қандай болыўы кереклигин де көрсетип берди. Мухаддес Китаптағы бир ер адам ҳәм бир ҳаял адамнан ибарат болған неке қандай әжайып. Шаңарағымызды Оның көрсетпеси бойынша қурсақ, бул мәнили болмай ма?