Порнография
Жақында исленген изертлеўлер мыналарды көрсетти:
– 18 жастан 34 жасқа дейин болған ер адамлар интернеттен пайдаланыў ўақтының 66 %инде, айына ҳеш болмаса бир рет порнография көреди.
– Ҳаяллардың 40 %инен көбиреги интернеттен порнография көреди.
– Интернетте порнографияны көбинесе 12-17 жастағы пайдаланыўшылар көреди.
– Барлық интернет сайтлардың 12 % ы ямаса сайтлардың 26,6 миллионы порнографияға арналған.
– Ҳәр күнги электрон хатлардың 2,5 миллиарды порнография менен байланыслы.
– Излеў системаларындағы ҳәр күнги барлық сораўлардың 25%и ямаса 68 миллион сораў порнография менен байланыслы
Бул статистикадағы санлардың бундай көплиги таң қалдырады. Ол жәмийеттиң ҳәм адамлардың жағдайы қаншелли жаман екенин көрсетеди. Бул үлкен толқын сыяқлы.
Бүгинги күнде шайтан исениўшилерге усындай тәсирли түрде ҳүжим жасайды.
Не болыпты? Егер соншелли көп адамлар порнографияны көретуғын болса, оның менен гүресиўдиң неге кереги бар, деп айтыўға азғырылыў пайда болыўы мүмкин. Егер оны көрсек, қандай машқала келип шығады? Порнография ондай дәрежеде қыйын машқала емес-ғо?
Порнографияның қәўипи нелерден ибарат:
- Матта 5:28 де айтылғанды бузғаны себепли жүректиң қатып қалыўы:
«Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады».
Жүрек ҳәм көзлер тығыз байланысқа ийе. Көзлер менен жүрек арасындағы байланыс ҳаққында Аюп 31:1, 7 ҳәм 9 ды оқың.
Қызларға қумарланып қарамаў ушын, Көзлерим менен келисим дүздим.
Егер аяқларым туўры жолдан тайған, Жүрегим көзлериме бойсынған, Ямаса қолларым ҳарамланған болса,
Егер бир ҳаял арқалы жүрегим азғырылса, Қоңсымның қапысы алдында оның ҳаялын аңлыған болсам.
Аюп өз жүрегин қадағалайды, себеби ол өз көзлерин қадағалайды. Егер бизлер өз көзлеримизди қадағалаўды тоқтатсақ, бул жүректи күшли қәўип астына қояды.
- Ҳаяллар туўралы төмен пикирге ийе болыў. Порнография адамларға әпиўайы жынысый ойыншықларға қатнас қылғандай қатнас қылыўға мәжбүрлейди. Буннан басқа ҳеш нәрсе емес. Бул муҳаббаттың бузылыўы болып табылады. Масийхыйлық адамларға деген сүйиспеншиликти ўайызлық етеди, ол адамларды пайдаланбайды.
- Шубҳасыз руўхый қулаў жүз береди. Бир гүна басқасына, басқасы болса, өз гезегинде келеси гүнаға алып келеди… ҳәм т. б. Гүнаны жасырыўға болмайды. Порнографияны көриў өзиниң изинен басқа гүналарды алып келеди. Порнография өз-өзинен зыянлы, бирақ ҳақыйқатлық соннан ибарат, ол еле де күшлирек қорқынышлы гүналарға (балаларды зорлаў, зорлық пенен биреўлердиң намысына тийиў ҳәм басқа бузықшылықларға) жол ашып берип, жүректи шоршыўға мәжбүр етеди. Қорқынышлы жынаят үстинде усланған көп адамлар өзлериниң руўхый бузылыўының порнографиядан басланғанын айтқан еди.
- Некедеги машқалалар. Ерли-зайыплылар жынысый қатнасық мәселесинде қандай да бир сырларға ийе болыўына ҳақысы жоқ, себеби олардың денелери өмирлик жолдасларына тийисли. Егер үйленген адам өзиниң күйеўиниң (ҳаялының) порнография көретуғынын билсе, ол өзин хорланған сезеди. Көп жағдайларда бул ажырасыўға алып келеди.
- Хорланған өмирлик жолдас буны кеўлине қатты алыўы мүмкин. Бул норма болып есапланбаса да, порнография себепли бир ўақытлары биз ерли-зайыплылардың бириниң екиншисин жарақатлағанын ямаса ҳәттеки бир-бирин өлтиргенин еситемиз.
- Биреўдиң порнографияға деген қызығыўшылығы ашылып қалып, буны басқалар билип қойса, уялыўы. Бул адамның абырайына, семьясына ҳәм балаларына қандай тәсир көрсететуғынын көз алдыңызға келтирип көриң.
- Ақылдың ипласланыўы. Қудай уллы мақсетлерге ерисиўимизде пайдаланыўымыз ушын бизлерге ақыл берген. Порнография – бул ипласлық. Порнография – бул ҳарамланыў. Өз ақылымызды порнография менен өлтириўдиң неге кереги бар? «Өз ақылымызды бийкарға набыт қылыў қатты қорқынышлы»
- Жәмәәт жетекшилигинен шетлетилиў. Порнография менен қызығатуғын жетекшилер өз лаўазымларынан кешиктирилместен алып тасланыўы тийис.
Тимофейге 1-хат 3:2 «Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт.
Порнография бул стандартларды бузады. Порнографияға қызығатуғын адам –минсиз емес, бир ҳаяллы емес, салмақлы емес, ҳүрметсиз болады.
- Өз денеңизди надурыс пайдаланыў.
Филиплилерге 1:20 «Қандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен».
Бизлердиң денелеримиз өмиримизде Ийса Масийхты алғыслаў ушын берилген. Порнография бизлерге Қудайды алғыслаўға жол қоймайды.
- Жынысый қатнасық туўралы бузық түсиник. Порнография жынысый ләззет саламат қарым-қатнасықлардан пүткиллей бөлек ҳалда жүриўи мүмкин деген идеяны сиңдиреди.
Сиз порнография көргениңизде, Ийса Масийхтан қасыңызда отырыўын сораған болар ма едиңиз? Бул сизге не туўралы айтады?
МУХАДДЕС КИТАП НЕ ДЕЙДИ?
Матта 5:28 «Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: ким де ким басқа бир ҳаялға бузық нийет пенен қараса, ол әлле қашан-ақ, кеўлинде оның менен неке ҳадаллығын бузған болады».
Келиңлер, еки тийкарғы сөзди көрип шығайық:
«Ким де ким». Бул сөз бойдақ, үйленген, депрессиядағы адамларды, айырылысқан, жас жигит, жасы үлкен адамларды нәзерде тутады. «Ким де ким» сөзи барлық адамларды аңлатады.
«Ҳаяллар». Бул сөз қоңсы ҳаялды, интернеттеги ҳаялларды, рекламадағы ҳаялларды, журналлардағы ҳаялларды нәзерде тутады. «Ҳаяллар» сөзи барлық ҳаялларды аңлатады.
Сулайманның ҳикметлери 5:18, 19
«Булағың берекетли болсын, Жаслай қосылған қостарыңнан ләззет ал, Ол сүйкимли суўын, нәзик кийикке уқсайды. Оның көкирегине бәрқулла қанаат етип, Бәрқулла муҳаббатыңнан ләззет ал».
Ер адам дыққатын тек өз ҳаялына жәмлеўи шәрт. Ҳаялы күйеўиниң порнографияны көретуғынын билгенде, өзин руўхы түскен, қапа сезеди. «Демек мен оған жетерли дәрежеде жақсы бола алмай атыр екенмен», – деп ойлайды.
Коринфлилерге 1-хат 7:4
«Себеби ҳаялдың денеси үстинен ҳаялдың өзи емес, ал күйеўи бийлик етеди. Сол сыяқлы, ер адамның денеси үстинен де ер адамның өзи емес, ал ҳаялы бийлик етеди».
Ал егер ҳаялыңыз қаладан кетип қалған болса ше? Яқ. Бул ҳаялыңыздың сыртынан порнография көриўге себеп емес. Масийхый ер адамның денеси бәрқулла өз ҳаялына тийисли болады.
Аюп 31:1 «Қызларға қумарланып қарамаў ушын, Көзлерим менен келисим дүздим».
Аюп – Қудайдың адамы. Буның себеби биреў.Оның өзи өзине руўхый стандартларды белгиледи, сол стандартлар бойынша ҳаялларға қумарланып нәзер салыў болмаў керек.
Еврейлерге 13:4 «Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди».
Қудай жынысый қатнасыққа қарсы емес. Ол жаратқан оны. Бул аятта жынысый қатнасықты тийисли түрде пайдаланыў (некедеги өмирлик жолдасы менен) ҳәм жынысый қатнасықты ақмақлық пенен (қалған ҳәммеси) пайдаланыў салыстырылып атырғанына дыққатыңызды қаратың. қолланыўға дыққат қаратылған.
СУЛАЙМАННЫҢ ҚОСЫҚЛАР ҚОСЫҒЫ
Бул китаптың темасы – күйеўи менен ҳаялы арасындағы романтикалық муҳаббат. Болғаны! Айырым адамларды бул китаптың тәсирли характери сондай таң қалдырады яғный олар оған руўхый мәнис бериўге ҳәрекет етеди ҳәм ол жерде Ийса Масихтың жәмәәтке деген сүйиспеншилиги туўралы айтылып атыр дейди. Сиз бул китапта Ийса Масихтың аты бир рет те тилге алынбайтуғынын билесиз. Ол жерде жәмәәт туўралы да айтылмайды. Себеби ол жерде күйеўи ҳәм ҳаялы ҳаққында сөз етиледи, не ушын ол жерде бар болған нәрсеге дыққатты жәмлемеймиз, ал ол жерде жоқ болған нәрсеге нәрсеге емес? Қулақ салыңлар, китапта негизинде күйеўи менен ҳаялының муҳаббатының жүдә гөззал екени туўралы айтылған, Қудай да усыны нийет еткен. Ерли-зайыплылар бир-биринен қанаатланыў ҳәм қуўаныш алады. Олар дыққатын бир-бирине жәмлейди. ТЕК бир-бирине ғана дыққатын жәмлейди. Сырттан келгенлердиң (порнография) ол жерде кереги жоқ.
Сиз порнография менен гүресиўиңиз ушын, қандай әмелий қәдемлерди қолланыўыңыз зәрүр?
- Ийса Масийхтың шәкиртине айланың. Сиз гүнакарсыз (басқа ҳәмме сыяқлы). Ийса Масийх бизлердиң гүналарымыз ушын өлди. Барлық гүналарымыз ушын. Ол сиз ушын атанақ ағашта өлди. Оның алдында жүрегиңиз бенен кишипейил болың, Оның барлық гүналарыңызды кеширетуғынына исениң. Мухаддес Руўх сизиң өмириңизге киреди ҳәм сизди «Ийса Масийхтың соқпағы» бойынша бағдарлайды.
- Егер сизиң порнография менен гүресиңиз өзиңизге деген жек көриўшиликке алып келсе, шайтан буған қатты қуўанады. Бул жол менен бармаң. Түсиниңлер (егер сиз Ийса Масийхты өз Қутқарыўшыңыз қылып қабыл еткен болсаңыз), сиз Қудайдың баласысыз, жулып алып тасланыўы керек болған рак кесели менен аўырған. Сиз гүресте шыдаўыңыз керек болған Қудайдың баласысыз. Сиз усындай машқалаға ийе, Жер планетасындағы биринши адам емессиз. Сиз усындай соңғы адам да болмайсыз. Сиз өзиңизди Қудай менен қатнасықтан үзген жоқсыз. Сиз оның шаңарағында қалыўды даўам етесиз.
- Сизиң душпаныңыз бар екенин түсиниң.
Петрдиң 1-хаты 5:8 «Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр».
Бул ҳақыйқый шайтан, ол аш, ал сиз жүдә иштейди ашатуғын болып көринесиз. Биз қатты қарсылық қылатуғын гүрес ҳаққында айтып атырмыз. Есте сақлаңлар, сиз порнография менен қаншелли көп шуғыллансаңыз, тәўбе етиўиңиз ҳәм оннан толық ўаз кешиўиңиз ушын соншелли көп ўақыт керек болады. Түскинликке түспең.
Себеби порнография соншелли кең тарқалған ҳәм қәўипли болып, басқа ер адамлар менен ушырасқаныңызда, бул теманы белсендилик пенен қозғаң. Балаларыңызға алдыннан шара қолланың: оларды ерте жастан баслап үйретиң, бул туўралы олар менен тез-тез сөйлесиң.
- Порнографияны неге ылайық болса, сондай қылып атаң. Бул қәтеден де, надурыс пикирлеўден ямаса ўақытты жойтыўдан да үлкенирек. Бул – гүна. Масихыйлар өз өмириндеги гүнаға қандай қатнаста болады?
Юханның 1-хаты 1:9
«Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды».
- Келиңлер, оның менен жүзбе-жүз ушырасайық. Гейде гүналар соншелли өзине тартатуғын, алдамшы, жағымлы болады. Порнография да сиз ушын сондай болып есапланады. Ондай жағдайда, Қудайдан оған деген жек көриўшилик бериўди сораң. Сиз Оның бул ибадатқа жуўап беретуғынын билесиз.
- Өз ресурсларыңыздан пайдаланың. Егер сиз Ийса Масийхты Өз Қутқарыўшыңыз деп қабыл қылған болсаңыз, сизде Оның Руўхы, Китабы, Оның ўәделери, Оның басқарыўы, Оның ибадаты, басқалардың сиз ушын тәўеллешилик етиўи болса, сиз бул сынақтан биргеликте өте аласыз. Бул ресурсларды Қудай бизлерге пайдаланыўымыз ушын берген. Оларды пайдаланың.
Усы гүрес ўақтында ой-пикир жүргизиўге болатуғын айырым аятлар мыналар:
Коринфлилерге 6:11
«Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз».
Коринф қаласындағы жәмәәтте өз өтмишинде ҳәр түрли гүналар ислеген адамлар болған еди. Бирақ олар Ийса Масийхқа шын жүректен ҳәм толық исенип, Ийемиздиң жолында өсип барды ҳәм гүнадан ўаз кешти. Сиз де порнография менен гүрес ўақтында, өзиңизди Оған исенип тапсырған ўақытта усылай ислең.
Лука 1:37 «Себеби Қудайдың қолынан келмейтуғын нәрсе жоқ».
Бул сизиң порнография менен гүресиңизге де тийисли.
- Шешиўши ис-ҳәрекет талап етиледи.
Матта 5:29 « Егер сени оң көзиң азғырса, оны ойып тасла. Себеби пүткил денеңниң дозаққа түскенинен гөре, бир мүшеңниң жоқ болғаны саған жақсырақ болады».
Бул өзине зыян жеткизиўге шақырық емес. Бул шешиўши ҳәрекет етиўлерге шақырық, болып, буның нәтийжесинде өмириңизден сизди гүнаға тартыўшы нәрсе алып тасланады.
Жаман журналларды жағып жибериң (буннан былай оларды ҳеш ким көре алмаўы ушын)
Сизиң нелерди көрип атырғаныңызды ҳәмме көриўи ушын, компьютерди асханаға қойың.
Егер смартфондағы порнография ағымын тоқтата алмайтуғын болсаңыз, өз смартфоныңызды жыйналмалы телефонға өзгертиң (аўа, айырым адамлар сизде жыйналмалы ески телефон болғаны себепли үстиңизден күлиўи мүмкин, бирақ порнографияны өз өмириңизден жоқ қылыў басқалардың масқаралаўынан әҳмийетлирек болыўы керек).
Сизди қандай да бир досларыңыз артқа тартып атыр ма? Оларды өзиңизден узақластырың.
Коринфлилерге 1-хат 15:33 «Усылай пикир жүргизетуғын адамлардан алданып қалмаңлар: жаман дослар жақсы әдетлерден айырады». Әҳмийетли жағдай: өзиңиздеги порнографияға алып баратуғын жолды аяўсыз түрде кесип таслаң. Сиз жеткиликсиз шешим менен ҳәрекет етиўиңиз ушын сизиң алдыңызға жүдә көп тосқынлықлар қойылған. Сиз бул гүресте жеңип шығыўыңыз шәрт. Кескин шаралар талап етиледи.
- Жалғыз өзиңиз гүрес алып бармаң. «Туўысқанлық» басқалардың өмирине қатнасыў деген мәнини билдиреди. Сиз оған есап беретуғын болыўыңыз ушын, Қудайдан өзиңизге дуўа ететуғын шерик бериўин ямаса қоллап-қуўатлайтуғын ҳәм сиз ушын дуўа ететуғын руўхый күшли туўысқан бериўин сораң. Яқып 5:16
- Порнография өмириңизден жоқ болып кетпегенше, жәмәәт жетекшилери қатарынан шығың. Бүгинги күнде көпшилик жәмәәтлерде порнография адамды хызмет қылыў ҳуқықынан айырады ҳәм ол енди қайтып жетекши бола алмайды. Ҳәмме жәмәәтлер де усындай қылыўы керек.
Тимофейге 1-хат 3:2 «Солай етип, жәмәәт жетекшиси айыпсыз, бир ҳаяллы, салмақлы, өзин тутып билетуғын, ҳүрметли, миймандос ҳәм тәлим бериўге қәбилетли болыўы шәрт.
Басшылары дана болған көпшилик жәмәәтлерде жетекшилерден жеке түрде порнография менен қандай қатнаста екенин үзликсиз соралып турылады. Егер усындай машқала бар болса, сол адам тыныш ғана жетекшилер қатарынан шығыўы мүмкин ҳәм Оол ушын дуўа етиледип, оны қоллап-қуўатлайды ҳәм оның өмиринен порнография жоқ болып кетпегенше, сөйлесип турылады. Сонда ол қайтадан жетекши бола алады.
- Порнография машқала болыўын тоқтатпағанша, неке қурыўды кейинге қалдырың. Егер сиз үйленип атырған болсаңыз, неке өз-өзинен порнография машқаласын жоқ қыла алмайды. Сизиң өмирлик жолдасыңыз сизди порнография менен бөлисиўди қәлемейди ҳәм бөлиспеўи керек.
- Ең жақсы қорғаныў – бул ҳүжим жасаў. Биз гүнаға тек «яқ, яқ, яқ» деп қоймастан, бир нәрсе ислеўимиз тийис. Бизлер порнографияға жумсалған ўақытты пәк ҳәм жақсы бир нәрсе менен толтырыўымыз керек. Олай болмаса, бизлерде қандай да бир гүна толтырыўы мүмкин болған бослық қалады.
Жуўмақлаўшы пикирлер:
Сиз Қудайды алғыслаў ушын жаратылғансыз. Ийшая 43:6, 7. Порнография буны сизге ислей алмайды. Қудай сизди порнография менен шуғылланыў ушын жаратқан жоқ.
Сиз басқаларды жақсы көриўге шақырылғансыз. Порнография – басқаларды пайдаланыў болып табылады.
« Ең ишинде Қудай жарылқаған өмирге қарай умтылыў керек». Порнография бизлерден жарылқаўды тартып алады. Оннан қашың!
«Пәклик бәрқулла ҳақ. Напәклик бәрқулла ақылсыз ҳәм өз-өзин қыйратыўшы». Дана шешим қабыл етиң.