Сынақлар менен азапларды қалай жеңип өтиў керек?
(Брискоудың материаллары бойынша)
Филиплилерге 1:12-21
Туўысқанларым, мынаны билиўиңизди қәлеймен: мениң басымнан кеширгенлерим Хош Хабардың және де көбирек жайылыўына ҳақыйқаттан да жәрдем етти. 13 Мениң Масих ушын тутқын болғаным пүткил сарай сақшыларына ҳәм қалған ҳәмме адамларға мәлим болды. 14 Сондай-ақ, мениң тутқынлығым себепли, көпшилик туўысқанларымыздың Ийемизге деген исеними беккемленип, олар Қудайдың сөзин қорқпастан айтыўға бурынғыдан да көбирек батырлық көрсетпекте. 15 Дурыс, гейбиреўлер Масих ҳаққында күншиллик пенен, жарыспаққа жәрияласа, ал базылар жақсы нийет пенен жәрияламақта. 16 Усы кейингилер мениң бул жерге Хош Хабардың қорғаўшысы етип қойылғанымды билип, буны сүйиспеншилик пенен ислеп атыр. 17 Ал алдынғылары мениң тутқынлық аўҳалымды еле де аўырластырмақшы болып, Масих ҳаққында өзлериниң атақ-абырайлары ушын напәк нийет пенен жәрияламақта. 18 Бирақ, солай болса не болыпты? Мейли, жаман нийет пенен болсын, мейли, ҳақ нийет пенен болсын, Масих ҳаққында қандай жол менен жәрияланса да, мен буған қуўанаман. Аўа, мен қуўана беремен де. 19 Себеби сизлердиң еткен дуўаларыңыздың ҳәм Ийса Масихтың Руўхының жәрдеми менен, бул аўҳалымнан азат болатуғынымды билемен.
20 Қандай жағдай болса да, мен Масихтан арланбаўды қәлеймен. Тири болсам да, өлсем де, ҳәр қашан болып келгениндей, ҳәзир де Масихты пүткил барлығым менен уллылаў ушын толық батырлық көрсетиўден беккем үмит етемен. 21 Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масих, ал өлим утыс демек.
Қудай бизлер менен бир нәрсе ислейди …
Ол бизлерде бир нәрсени ислейди …
Ол бизлер арқалы бир нәрсе ислейди …
Қудай бизлер менен бир нәрсе ислейди.
Павелге не болған еди?
Павел қамақта болды, себеби ол өзин Масихқа бағышлаўға қарар етти.
Филиплилерге 1:13, 4:22
«Павелге қараўыл бекиткен еди. Қараўыл оныны күнине жигирма төрт саат даўамында қараўыллап турды. Рим дәстүри бойынша, қараўыллар ҳәр алты сааттан алмасып туратуғын еди. Сонлықтан Павел бир күн ишинде төрт түрли адамға үзликсиз бекитилген болып, қашып кете алмайтуғын еди. Ол рим әскерине шынжыр менен байланған ҳалында уйықлады. Ол хат жазғанда да, аўқат жегенде де, рим әскерине шынжыр менен байланған ҳалда болды. Ҳәмме ўақытта усылай болып, ол ҳеш қашан жалғыз қалған емес. Ҳеш қашан. Өйткени Павел Масихтың избасары болып, бул ҳаққында даўыслап жәриялаған еди.
Павелдиң өмиринде және не болған еди?
Айырым исениўшилер оған қарсы болған еди. Филиплилерге 1:15-16. Олар Павелге не себептен қарсы болған еди? Ең баслы себеп – бул күншиллик. Биз өзимизге қутқарылмаған адамлар қарсы болатуғынына таярмыз. Бирақ қутқарылған адамлардың өзине қарсы турғаны Павеге аўыр батқан шығар. Бул Масихтың денесинде керексиз шийеленисиў ҳәм келиспеўшиликлер болғанынан дерек береди.
«Бул ҳайран қалдырды. Бул қапа қылатуғын еди. Бул руўхыңды түсирип, тәшиўишлендирди. Бул Масихтың денеси ушын азап еди. Бул жәмәәтти қатты қыйрататуғын болып, кең тарқалған еди. Бул бүгин де тарқалып кеткен. Ис-ҳәрекетлерин қызғаныш ҳәм күншиллик басаратуғын адамлар бар. Олар пүткил өмири даўамында жарылқанған орынды ийелеген басқа адамлардың абырайын түсириўге умтылып, гүнакар жүреклеринде күншиллик болады. Олар ҳақыйқый Хош Хабарды айтса да, жүреклери пәк емес. Олар еле де әҳмийетлирек орын ийелеўге умтылады. Олар басқа биреўдиң Хош Хабаршы ямаса жазыўшы, шопан ямаса муғаллим сыпатында көбирек табысқа ерискенине ашыўланады. Нәтийжеде олар жарысыўды пайда етеди. Бул «конкуренция», «жәнжел» сөзлерине синоним. Олар Павел менен жарысады ҳәм оны қызғана баслайды. Бул гүресте олар жаманлаў, айып тағыў, сынға алыў ҳәм Павелди жоқ қылыў жәрдеминде жеңиўди нийет етеди.
Павелге және не болды? Келиңлер, оның «денесиндеги тикен» туўралы да умытпайық.
Коринфлилерге 2-хат 12:7 Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр.
Павел өзине бул тикенниң неге берилгенин анық түсинеди. Бул оған кишипейил болып қалыўы ушын берилген еди. «Павел исениўши болды, ол масихыйлар ишинде ең ҳадалы, ең жетиги еди. Бирақ оның қутқарылмаған денесинде менменлик бар еди. Оның денеси гүнакар болып қалған еди». Бул тикен Павелдиң өзине исениўге деген ҳәр қандай ҳәрекетти басып таслайтуғын еди. «Кишипейиллик – уллы ийгилик. Менменлик – үлкен гүна». Басқа барлық гүналар менменликтен келип шығады.
Бул тикенниң анық қандай екенин айтыў бойынша Қудай жүдә дана. Егер Ол бизлерге буны айтқанда, биз өз тикенимизди Павелдиң тикени менен салыстырған болар едик ҳәм өзимиздиң тикенимиз жаманырақ екенин айтып, кетип қалған болар едик.
Павел менен усындай нәрсе болған еди. Ол қамақта болды, басқа исениўшилер оны ҳүрмет етпейди ҳәм буған қосымша «тикен» оның тынышын алады.
Қудай бизлерде бир нәрсе ислейди.
Өзи менен болған нәрсе себепли Павел менен не жүз берген еди?
Филиплилерге 4:11 Мен бул сөзлерди мениң бир мүтәжлигим болғанлықтан айтып атырған жоқпан. Өйткени мен ҳәр қандай жағдайда да барыма қанаат етиўге үйренгенмен.
Павел қанаат етиўди үйренди. «Үйрендим» деген негизги сөзге дыққат аўдарың. Бизде қанаатланыў бирден өз-өзинен пайда болып қалмайды. Егер биз Қудай өзимиз бенен ислесип атырғанын қабыл етсек, бул бизиң бир бөлегимизге айланады. Егер Павел қамаққа түспегенде, жоқарыда аты аталған қыйыншылықлардың ҳәммесин басып өтпегенде, қанаатланыўды үйренген болар ма еди? Буған «яқ» деп жуўап бериўден басқа сөз айтыў қыйын. Павел өзиниң жағдайы ҳаққында Қудайдың не ойлайтуғынын түсинди, билди. Ол жоқшылықта да, байлықта да жасаўға үйренди. Ақырында мийрим-шәпәәт адам өмиринде не ислей алатуғынының үлсидине айланды.
Филиплилерге 4:13 Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масих пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.
Павел Мухаддес Руўхтың күши қандай екенин билип алады. Оның жолындағы барлық сынақларды тек Қудайға сүйенип өтсе ғана болады. Бул қамақта болыў, исениўшилердиң наҳақ қатнасы ҳәм денесиндеги тикен менен жасаў зәрүрлиги болып табылады. Бул сабақты тек қыйыншылықлардан өтиў арқалы өзлестириўге болады.
Филиплилерге 4:19 Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масих Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қандырады.
Павел ҳәммеси Қудай тәрепинен берилетуғынын билип алды. Егер ол қапа болғанда, бундай сөзлерди айтпаған болар еди. Егер оның мүтәжлиги болмағанда, бундай деп айтпаған болар еди. Бирақ Қудай онда мүтәжлик болыўына жол қойып берди. Бул Қудай оларды қанаатландырғанда, Павел Қудайдың Өз жумысшыларына көрсеткен әмелий жәрдемин көриў ушын хызмет етти.
Филиплилерге 1:19 Павел өзи қарама-қарсылық себепли азап шегип атырған жағдайда, Қудайдың жәрдем берип атырғанын көреди. Бундай қарама-қарсылық ҳәр күни болады. Павелге сырттан жәрдем керек. Қудай жәрдемге келеди. Павел Қудайдың өзине бундай жағдайда қапа болыўды жеңиўге жәрдем ете алатуғынын көреди. Павел өзиниң душпанларын сөзсиз сүйетуғынын көреди. Хат өзин әкелген хабаршыдан да әҳмийетлирек. Өзине жақпайтуғын адамлар ислеп атырған ислерге қарамастан, Павел қандай да бир дәрежеде, Хош Хабардың тарқатылыўы ушын, бундай жағдайда өзи ушын өледи. Қудайдың күши, Қудайдың даналығы еле де түсиниклирек, еле де ҳақыйқыйырақ, еле де руўхландырыўшы болып барады. Павел қамақта болғанда, Қудай оны затларға басқаша қараўға үйретти.
Егер Павел қапашылық ҳәм өзин аяўға өз жүрегинен жай алыўға рухсат еткенде, Қудай оны қоллана алмаған болар еди. Мухаддес Китапта бул хат болмаған болар еди. Павел және бир ашыўланған, тек өз өкпе-гийнелерине дыққатын бөлген, өлиўди қәлеўши адам болған болар еди.
Өмиримде пайда болып атырған сынақларға өзим қарап, олардан қандай да сабақларды алған ўақытлар болды. Бирақ мен: «Не ушын бул сынақлар соншелли аўыр болыўы керек?» – деген сораў бердим. Мениң көз қарасым бойынша, олар соншелли аўыр, шектен тыс, соншелли қатал еди.
Буның жуўабы мынадан ибарат: сизиң өмириңизде жүз берип атырған ўақыялар қаншелли әҳмийетлирек болса, Қудай сизде ҳәм сиз арқалы көргиси келетуғын өзгерислер де соншелли әҳмийетлирек болады. Қарама-қарсылық болмаса, биз өспеймиз. Я болмаса, биреў былай деген еди: «Ең өнимдар топырақ Қудайдың фермасында. Бул апатшылықлар менен сынақлар топырағы. Бул мениң өмиримдеги ең мийиме сиңип қалған, ең жуўапсыз қалған сораўларға жуўап береди. Қудай мени алдамады ҳәм Ол мени умытпады, меннен ўаз кешпеди ҳәм маған жаўызлық көрсетпеди. Бирақ Қудайдың жоллары – анық бизиң жолларымыз емес. Мен аспанға барғанда, өмиримде Қудайдың жобасы орынланыўы ушын, сынақлар еле де қаталырақ болыўы кереклигин көретуғыныма гүман жоқ.
Биз ҳәзирше Қудай бизлерде бир нәрсе қылыўы ушын бизлер менен бир нәрсе ислейтуғыны ҳаққында айттық.
Келиңлер, енди Оның буның нәтийжесинде бизлер арқалы не ислейтуғынына қарайық.
Қудай бизлер арқалы бир нәрсе ислейди.
Павелде болып өткен нәрсе нәтийжесинде Павелде не жүз берди?
Филиплилерге 1:12 Бахытсызлықларға қарамастан, Павелдиң кеўли көтериңки болып, Хош Хабар тарқатыўға үлкен мүмкиншиликлер бар екенин түсинеди. Оның хызмети тоқтап қалған жоқ. Ал, ҳәтте, Қудайдың мийрим-шәпәәти менен кеңейип кетти. Бул маған әжайып лектор болған бир масихый ҳаялдың өмир баянын еске түсиреди. Ҳаял бир мәрте емлеўханада жатқанда, бурын ҳеш қашан ислемеген исти ислеўи кереклигин, яғный өз исеними туўралы бөлисиўге мүмкиншилик берилгенин түсинди. Сөзсиз, бизиң жолларымыз – Оның жоллары емес. Ийшая 55:8
Филиплилерге 1:13
Басына түскен бахытсызлықлар себепли Павел рим императорының тән сақшысы менен сөйлесиў мүмкиншилигине ийе болды. Өз миссиясын орынлаў ушын, оның алдында жаңа мүмкиншиликлер ашылады. Усы жоқары дәрежели сақшыларға жетип барыў ушын, сиз бенен биз басқа усылды қолланған болар едик. Биз сақшы болыўы ҳәм сол сақшыларға Хош Хабар айтыў ушын, бир 100 килограммлық жас палўан жигитти излеп тапқан болар едик. Буның орнына, Қудай оларға Масих ҳаққында хабарлаў ушын, ғарры ҳәм спортшы емес тутқынды қолланады. Даўам етип Хош Хабарды тарқатыў ушын, бизлер менен не болып атырғанын түсинемиз бе? Егер басымызға бахытсызлықлар түссе, биз еле де кеңирек картинаны көриўге ҳәрекет етемиз ҳәм күтилмеген қандай миссионер атыз ашылады деп сораймыз.
Филиплилерге 1:14 Павелдиң өзиниң барлық машқалаларына деген қатнасы себепли басқа исениўшилер жигерленип қалды. Егер Павел қамақта бола тура, усындай қатнаста болса, онда мениң қорқақлығымды не нәрсе ақлай алыўы мүмкин? Әлбетте, көп исениўшилер Павелдиң жағдайы себепли қорқып қалған еди. Бирақ оның корқып қалғанын көрип, олар оннан үлги алыўға қарар етти. Олар, ҳәтте, қамақта болғанда да, хызметти даўам етиўге болатуғынын көрген еди. Хош Хабар айтыў ушын, жаңа тараўлар, жаңа адамлар топары ашылып атыр. Биз бенен сиз де жаңа адамлар топарын қамтыўымыз тийис. Бундай қатнас бизге бүгин зәрүр.
Филиплилерге 1:14б Павелдиң қыйыншылықлары себепли, басқа исениўшилер хызмет етиўге мүмкиншилик алады. Егер де Павел олар менен бирге болғанда, олар өзине жуўапкершилик алмаған болар еди. Олар ҳәммесин айтыўға мүмкиншилигин Павелге берген болар еди.
Павелди алып кеткени себепли, жаңа жетекшилер топары пайда болды. Павел қамаққа түскени оларға жақсылық болып хызмет етти. Бүгин исениўшилер қатты қорқады. Бизге усындай батырлық керек.
Филиплилерге 1:20, 21. Қыйыншлықлар себепли, Павел еле ҳәммеси исленбегенин көрди. Оның өмиринде еле өсиўи керек болған қандай да бир тараўлар қалған еди. Жаңа умтылыслар пайда болады. Ол өзи раўажланыў керек екенин көреди. Ол Мухаддес Руўхтың өзин өмириниң ақырына дейин бағдарлайтуғынын түсинеди. Өзиниң рәҳәтте жасаўы ол ушын ҳеш қашан мақсет болған жоқ. Ол ушын әҳмийиетли болған нәрсе тек – Хош Хабардың тарқатылыўы ҳәм Қудайды алғыслаў еди.
Павелдиң қыйыншылықлары себепли, ол жазған төрт хат айрықша әҳмийетке ийе. Қамақта болып, Павел қамақта жазылған хатлар деген ат пенен белгили болған Ефеслилерге, Филиплилерге, Колосалыларға, Филимонға жазылған хатларды жазады. Егер Павел жағдайға жаман қатнаста болғанда, усы хатлар жазылған болар ме еди? Мүмкин, яқ шығар. Мен Филиплилерге жазылған хаттың 4-бабын көп мәртебе оқыдым ҳәм ҳәр бир аяттан соң, өзиме бул хаттың қамақта болғанын еслеттим. Бул себепли баптың тәсири артып барады.Ол мениң өмиримде жүдә әҳмийетли болып қалды.
Павел ҳақыйқаттан да, жағдайлардан жоқары болды. Егер биз буны есте сақласақ, усы китаплар еле де әҳмийетлирек болып қалады.
Көп адамлар Павел түскен жағдайға түсип қалыўы ҳәм ашыўланған, ғәзепке толған, түңилген болыўы мүмкин. Бизиң дүньямыз Аюптың ҳаялы сыяқлы адамларға толы. Жаратылыс китабындағы Юсуп, Мәриям ҳәм Даниел Павел сыяқлы сынақларға жуўап берген үш әжайып адам болып табылады.
Биреў былай деп жазған еди:
«Еки адам бир айнаның пәнжереси арқалы қарап турған еди. Олардың биреўи патаслықты көрди. Екиншиси жулдызларды көрди. Бизлердиң сынақларға қандай қатнаста болғанымыз
қайсы бағдар бойлап қарағанымызға байланыслы болады».
Павел қамақта отырыпты, ол жоқарыға қарайды. Ол усы барлық сынақларды басып өтип, Қудайды көреди.
Минекей, айырмашылық сонда.
Қудай бизлер менен бир нәрсе қылады.
Ол бизлерде бир нәрсе қылыў ушын,
бизлер арқалы бир нәрсе қылыў ушын усыны ислейди.
Бул қаншелли жигерлендиреди! Келешекте сынақлар ҳәм қыйыншылықлар ўақтында, бизде практикалық қоллап-қуўатлаў болады!