СЫНЫЎ 2
Айғыр ат қуяш сәўлеси астында, оның үстиндеги жүнлери қуяш нурында булшық етлери бөлек-бөлек болып жылтырап турыпты. Бир неше ўақыт өтпей, ат ылай жолды кесип, ылай шашыратып, қуяш сәўлесинде елпиген самал менен шаўып кетти. Оның қарыўлы болған арқасына еле ҳешким минбеген еди. Қораның арғы жағынан мен қолына ер-сайман алып, жайлаўға қарай жүрип киятырған мал бағыўшы коўбойды көрдим.
Сол мал бағыўшы коўбой мен турған қораға жақынлап келер еди, мен оның етигиниң ушлы темирлериниң шыңғырлысын еситтим. Ат тынышланып тоқтап қалды ҳәм жарты қылып мәкке салынған 5 литрлик ыдысты алып киятырған коўбойға қарады. Сол адам ыдысты жоқары көтергенде, айғыр ат қораның бетон майданшасына қарай өтти. Кейин узын тумсығын ыдыс ишине салды. Коўбой әстенлик пенен атқа жақынлады да, жүўенниң жибин абайлап әсте-ақырынлық пенен аттың басынан ҳәм узын қулағының артынан өткерди. Ат дәрҳәл артқа қарай шегинди, бирақ көбирек мәкке жеў ушын қайтадан ыдысқа жақынлады.
Коўбой артына бурылып, аттың басына арналған илгишти алып таслады, кейин териден исленген жүўенниң баўын қоршалған ерден алды. Кейин айғыр аттың ири мойнына қолын қойып, оны тынышландырды. Жумсақ түрде ҳәм әстен ақырынлық пенен териден исленген баўды аттың басына салды да, темир жүўенди оның аўзына тақты. Үлкен ҳәм ири ат қарсылық көрсетти. Коўбой атты тынышландырып ҳәм көндирип: «келисимли бала, жақсы бала», деди.
Ол жүўенниң жылаўынан услап, атты үлкен шеңбер етип қораланған даладан айландырып, әсте жүргизип баслады. Ат буған мазаланып, гә оңға, гә шепке урынып, тынышсызланып жуўап берди. Бирақ коўбой атқа жигерлендиретуғын сөз айтыўын даўам етти. Ол қораға қайтып келиўден, жылаў жибин ағашқа байлады ҳәм аттың тумсығына жақынлатып, сол мәкке салынған ыдысты қойды. Соннан кейин, ол қораға илдириўли турған ер-сайманды алып, бийик айғыр атты айланып жүрди.
Коўбой ийилип, бир қолы менен ер-сайманның жоқарысынан, ал екинши қолы менен ердиң екинши ушынан услап, оны аттың арқасына мүләйимлик пенен салды. Ат жемине қайтып келгенде, қарама-қарсы тәрептеги ер-сайманның баўын төменге түсирди. Кейин коўбой аттың үлкен қарны астынан ердиң аяқ басатуғын зәңгисин услап алды.
Соң ол әсте-ақрынлық пенен исенимли түрде ер-сайманның бир жағының баўын, баўлардың ҳалқасынан екинши тәрепин өткерип алды. Солай етип, ол бурын қолға үйренбеген ҳайўанның арқасына ер-сайманды байлап алды. Тәжирийбеде көрмеген бул айғыр ат баўлар тартып, байланған ўақытта, қарсылық көрсетти. «Келисимли бала, жақсы бала», деп коўбой артқа шегиниңкиреп, әжайып жабайы атты жигерлендириўин даўам етип, атқа бираз ўақыт берди.
Азғана киснеўинен ҳәм ҳәўлирегеннен соң, ат айтарлықтай жуўасыңқырап, босап қалған жем ыдысқа қайтып келди.
Фильмлердегидей коўбой жылаў жибин ағаштан шешти де, әсте-ақырынлық пенен жабайы айғыр атқа жақынлады. Ол дәрҳәл шеп аяғын зәңгиге басты да, оң аяғын бийик аттың үстинен өткерди. Биринши мәрте айғыр ат шабандозды үстине мингизип атырған еди. Ат тоқсан градусқа айланып, жуўырып баслады ҳәм айланба қораның арғы жағына дейин тепкиленип, секире баслады.
Коўбойдың аўызша тастыйықлаў сөзлерине қарамастан, айғыр ат шабандоздың үстемлигине қарсы турыўын даўам етти. Ол шабандозды силкитти, киснеди ҳәм төменге ылақтырыўға талпынды. Айланып секириўлер коўбойды аттың үстинде өзин услап турыў тең салмақлығын жойтыўына алып келди. Еки үши секириўден соң, коўбой төменге қарай ылай жерге қулап түсти. Ол тәжирийбели жаўынгер сыяқлы, орнынан турды да, үсти-басын қағып, силкип, шляпасын алды ҳәм ат ары қарай жуўырып баратырғанына қарап турды. Қора тәрепке жүрип баратырып, ол былай деди: «Ол тынышланғаннан соң, бизлер дәрҳәл және урынып көремиз».
Шынында да жетер, ат қутырыўынан басылып, бир неше минуттан соң, ол мәкке салынған ыдысқа қайтып келди. Күтилмегенде, коўбой аттың үстине бир тегис, жумсақ түрде және шығып алды. Айғыр ат және шепке, оңға қарай секирип, арқасындағы шабондозды түсириўге урынды. Ат бир неше мәрте артқа шегинди, алдыға секирди, деген менен, тез арада ат жуўасып баслады. Коўбой атты бурып, жүргизип ҳәм тоқтатып, тәжирийбеден өткерди. Әне, жигит деген. Айғыр ат бир неше мәрте қарсылық етип, киснеди ҳәм бир неше минут қатты даўысын шығарып, киснеп турды.
Деген менен, коўбой бир саатлар ишинде жабайы болған атты бойсындырып, үстине минип алды, ал енди айғыр ат үйретилген атқа айланды. Бул ат ис тәжирийбесинде толық сындырылды.
Алан Нелсон тәрепинен жазылған «Сыныўды жақсы күтип алыў» жазыўынан алынған усы үзинди бул жазыўды жигерлендирип, қоллап-қуўатлайды. Бул ҳәр биримиз өтиўимиз керек болған сыныў барысын айтарлықтай әжайып сүўретлейди.
Жоқарыдағы ўақыяның ишиндеги Қудайды коўбойдың орнына қойып (әлбетте, Қудай коўбой сыяқлы ҳеш қашан жерге жығылмайды), ал өзиңизди айғыр аттың орнына қойсаңыз, сонда бир пикир ҳәм түсиник аласыз. Мүмкин, сиз улыўма ат пенен ҳеш қандай байланысыңыз бар екенин ойыңызға келтирмеген шығарсыз, бирақ егер атлар да, адамлар да сынбаған болса, онда олардың ҳеш қандай пайдасы жоқ. Ямаса атлар да, адамлар да өз жолында өзлериниң күшли қәлеўлерин сындырыў уқыбына ийе шығар.
Атлар менен адамлардың екеўи де сындырылғаннан соң, олар сындырғанға жақынырақ болады. Атлар да, адамлар да сынғаннан соң, қарсылық билдирип, өзлериниң жоқарыға секириўиниң пайдасы жоқ екенин көреди ҳәм кейин жақсы мийўе берип, бир мақсетке бағытланған болады. Бир неше жыл алдын бир адам маған Мухаддес Китап ишинде ҳәм Мухаддес Китаптан тысқарыда Қудай тәрепинен қолланылған, бирақ өмирлеринде сынбаған ҳеш бир адамды таба алмайсаң, деп айтқан еди. Өйткени Ийса шынында жүреклеримизде отыра алыўы ушын, бизлердиң менменлигимиз ҳәм өзимиздиң ийелик етиўимиз сыныўы тийис, деп Өзи айтқан еди.
Мен бир адамнан сыныў, кишипейилликке түсиў ҳаққында еситемен дегенше, 12 жыл даўамында исениўши болдым. Бул танымалы тема емес. Бул ҳаққында көп китапларда жазылмаған. Бул қайғылы еситиледи, шынында да сондай, бирақ бул таң қаларлық жарылқаўлы өмирге дәрўаза болады. Егер Қудай менен ҳәмме жерге барыўды қәлесек, онда усы сөзге жабысып алыўымыз керек. Мухаддес Китап бул сыныў ҳаққында не үйрететуғынын көрип шығып, ой жуўыртыўды даўам етейик.
Ҳәзирдиң өзинде, келиңлер ҳәммеден алдын: сыныў жүдә жағымлы еситилмейди, деп айтайық. Ҳеш ким сыныў ҳаққында үйрендим деп мақтана алмайды. Туўрыдан-туўры бул ҳәмме нәрсени қойып, сынаўға түскенге уқсап кетеди. Ал сол айғыр ат пенен болған ўақыя улыўмалық алғанда сиз көз алдыңызға келтиргениңизден гөре көбирек нәрсеге ийе болыўыңыз мүмкин екенин көрсетип тура ма?
Бул өзине исенген, жаўынгер жүрекли ҳәм Қудайдың оны сындырыўына жол қоймайтуғын батыр адам ҳаққында көрип шығыўға ўақыт бөлсек жақсы болады, дегенди аңлатады. Ондай адам сыныў барысында ҳеш нәрсе үйренбеўди шешкен. Бизлер 1Патшалық 9-бапты көрип шығамыз:
9:1-аят: «Бенямин урыўынан Киш деген абырайлы бир адам бар еди. Ол Абиелдиң улы, Серордың ақлығы, Бехораттың шаўлығы, Афиахтың қуўлығы еди».
Бизлер бир жақсы шаңарақтың негизи менен бөлисейин деп атырмыз.
9:2-аят: «Киштиң жас ҳәм сымбатлы Шаул атлы бир улы бар еди. Израил халқы арасында оннан асқан сымбатлы адам жоқ еди. Ҳәр қандай адамның бойы оның ийнине келетуғын еди».
Егер ҳәзирги ўақытқа алып қарасақ, оның сүўрети туўрыдан-туўры қымбат баҳалы ерлер журналының сыртқы қапламасынан орын алған болар еди. Қандай сымбатлы. Қудайдың бул жигиттиң өмиринде үлкен жобасы бар.
9:15-17-аятлар: «Шаул келмесинен бир күн алдын, Жаратқан Ийе Самуелге аян берип:
Самуел Қудайдың пайғамбары. Бул жерде Қудай Самуелдиң не қылыў кереклиги ҳаққындағы Өз қәлеўин айтады.
16 „Ертең усы ўақытта саған Бенямин жеринен бир адамды жиберемен. Оны майлап, халқым Израилға ҳүкимдар етип қой. Ол халқымды филистлер қолынан қутқарады. Мен халқымның аўҳалын көрдим. Өйткени олардың дады Маған жетип келди“, – деген еди.
17Самуел Шаулды көргенде, Жаратқан Ийе Самуелге: «Саған айтқан адамым усы болады. Халқыма ол ҳүкимдарлық етеди», – деди».
Қудайдың халқы биринши патшасына ийе болып атыр.
Есеңкиретип жиберетуғын жаңалық! Бул жерде Ески Келисим тарийхын өзгертип атыр. Б.э.ш. 1052-жыл. Ийса туўылмастан 1052 жыл алдын.
9:22-24-аятлар: «Самуел Шаулды ҳәм оның хызметшисин сыйыныў орнының аўқатланыў бөлмесиндеги шақырылған отыздай қонақтың үстине алып барып, ең төрге отырғызды. 23 Соңынан аспазға:
– Мениң саған бөлек алып қой деп берген гөшимди алып кел, – деди. 24 Аспаз санның гөшин әкелип, Шаулдың алдына қойды. Самуел Шаулға:
– Бул сениң пайың. Мәрҳәмат, же! Себеби буны белгиленген күни мен шақырған халық пенен бирге жеўиң ушын сақлап қойған едим, – деди.
Сол күни Шаул Самуел менен бирге аўқатланды».
Бул таңланған гөш бөлеги. Бул ҳүрметке ерисилген дегенди билдиреди. Бул мәртебени билдиреди.
10:1-аят: «Соңынан Самуел зәйтүн майы қуйылған ыдысын алып, майды Шаулдың басына қуйды ҳәм оны сүйип, былай деди:
– Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды».
Шаул – сен Қудайдың халқын басқарыў ушын өз алдына ажыратып қойылып атырсаң. Сен Қудай менен айрықша қарым-қатнасқа ийе болған жер жүзиндеги бир халықтың номери 1-патшасы боласаң.
Ҳәр бир нәрсениң бириншиси болыў – бул сиз жақсы үлги болыўың керек дегенди билдиреди. Келеси әўлад ушын үлгили басқарыўшы болыў. Елиңди руўхландыр. Қулағың Қудайдың даўысына бурылған ҳалда халқыңды жетеле. Бул халықты даңқлы күнлери ушын жетеле.
10:6 «Сонда Жаратқан Ийениң Руўхы сени толық бийлеп алып, сен де олар менен бирге өзгеше аўҳалға түсесең ҳәм пүткиллей басқа адамға айланасаң».
10:9 «Шаул Самуелдиң жанынан кетиў ушын бурылыўдан-ақ, Қудай Шаулдың жүрегин өзгертип жиберди. Сол күни Самуел айтқан ҳәмме нәрсе орынланды».
Шаул, сен бир өзиң басшылық қылмайсаң. Сен жақсы басқарыўың ушын Мухаддес Руўх сениң менен бирге болады.
10:24 «Самуел халыққа:
– Жаратқан Ийениң таңлаған адамын көрип турсызлар ма? Пүткил халық арасында оған тең келетуғыны жоқ, – деди.
Сонда халық:
– Жасасын патша! – деп бақырды».
Соңғы жаңалық: Израил – мине, сизлердиң биринши патшаңыз.
Сиз де, мен де Букингхам сарайының балконында тахтында турған Ханым Элизабетаны адамлардың оған хошамет айтып, бақырысып атырғанын ойлап атырмыз. Элизабета оларға қолын былғап атыр.
Израил да усы жағдайға мегзеп турыпты! Мине, сизлериң патшаңыз! Усы жигитке қараңлар. Ол ушын ҳәмме нәрсе бар. Халық оны патша деп қоллап-қуўатлап атыр. Өйткени пайғамбар Самуел оны патша деп қоллады, себеби Қүдиретли Қудай оны патша деп қоллап-қуўатлады.
Жүдә жақсы нәрселер жүз берип атыр. Мырза Тәғдир. Өз елин уллы келешекке жетелейтуғын жас дәўжүрек басшы. Әжайып артықмашылыққа ийе. Үлкен жуўапкершиликке ийе. Кейин не жүз бергенине итибар берейик….
10:8 «Енди меннен алдын Гилгалға барып, сол жерде мени жети күн күт. Мен жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларын бериў ушын сениң жаныңа бараман. Мен жаныңа барғанымда, не ислеў кереклигин билдиремен».
Сиз не нәрсеге жуўапкерсиз ҳәм не нәрсеге жуўапкер емессизлигиңизди билиў жүдә әҳмийетли. Шаул, сизиң жуўапкеришлигиңиз Гилгал қаласына барып, ол жерде күтиўден ибарат еди. Сениң жуўапкершилигиң усыдан ибарат еди. Самуел, сениң жуўапкершилигиң Гилгалға барыў ҳәм сол жерде қурбанлық бериў еди.
Асықпаң, келиңлер, бир қатар көзден өткерейик.
Шаул – сен барып, күтиўиң керек еди.
Самуел – сени қурбанлық бериўиң керек еди.
Ҳаў, ал енди негизинде не жүз берди?
13:7-9 «Еврейлердиң айырымлары болса, Иорданнан Гад ҳәм Гилад жерлерине кесип өтти. Бирақ Шаул еле Гилгалда еди. Оның изине ерген пүткил әскерлер қорқыныштан қалтырасты. 8 Шаул Самуел тәрепинен белгиленген мүддетке бойсынып, жети күн күтти. Бирақ Самуел Гилгалға келмей атырғанлықтан, халық Шаулдың жанынан кете баслады. 9 Сонда Шаул:
– Жандырылатуғын қурбанлық пенен татыўлық қурбанлығы ушын берилетуғын малларды маған алып келиңлер, – деди де, жандырылатуғын қурбанлықты усынды».
Шаул – сен өз шақырығыңды шамалға ушырып жибердиң.
Сен сиясий жетекшисең, ал руўхый жетекши емессең.
Сен қалайынша тек ғана пайғамбарлар ислейтуғын ўазыйпаны ислеўге жүрексиндиң?
10:13-14 «Самуел Шаулға:
– Сен ақылсызларша ис тутып, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. Булай ислемегениңде, Ол сениң Израил үстинен патшалығыңды мәңгилик қылар еди. 14 Бирақ енди сениң патшалығың узаққа бармайды. Жаратқан Ийе Өзиниң кеўлине жаққан биреўди таўып, оны Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды. Себеби сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, – деди».
Бойсынбаўшылықтың ақыбетлери бар-ғо. Шаул, сениң патшалығың даўам етпейди. Шаулдың урпағы енди патшалық етпейди. Өз урпағыңның уллы жарылқаўын урладың. Адам – бул қандай соққы болды. Қаншелли ўайрангершилик жүз берди. Сен бағытланған тәрепке қарай барыўды үйрениўиң ушын әрманларыңды жуўып таслап, Қудай сени сындырыўға ҳәрекет етип атырғанын түсиндиң бе, Шаул?
Саған буннан да жаман нәрсе жүз бермеўи ушын, бойсыныў үстинде жумыс ислеўиң керек емес пе, Шаул?
Жақсы, келиңлер, көрип шығайық.
1Патшалық 15:1 «Бир күни Самуел Шаулға былай деди:
– Жаратқан Ийе сени майлап, Өз халқы Израил үстинен патша етип қойыў ушын мени жиберген еди. Енди Жаратқан Ийениң сөзлерин тыңла».
Шаул – усы мәрте берилген бағытқа қарай жүресең бе?
15:2-3 «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: „Израиллыларға ислеген жаманлығы ушын амалеклерди жазаламақшыман. Өйткени олар Мысырдан шыққан Израил халқына қарсы шыққан еди. 3 Енди барып, амалеклерге ҳүжим қыл ҳәм оларға тийисли барлық нәрсени толық жоқ қыл. Оларды аяма. Еркегин де, ҳаялын да, балаларын да, нәрестелерин де, өгизин де, қойын да, түйесин де, ешегин де, ҳәммесин өлтир“».
Амалеклер жаман халық еди. Муўса Қудайдың халқын Мысырдан алып шыққанда, шөл арқалы өткен ўақытты еследиңиз бе? Сол ўақытта усы амалеклер Қудайдың халқына ҳүжим қылған еди. Енди сол қылмыслары ушын жаза берилетуғын ўақыт келди. Шаул, оларды жер жүзинен сыпырып, жоқ қыл. Сораўың бар ма, Шаул? Усы берилген бағыт пенен жүре аласаң ба?
15:7-9 «Шаул Хаўиладан Мысырдың шығысындағы Шурға шекемги амалеклерди қыйратты. 8 Ол амалек патшасы Агагты тирилей қолға алды, ал оның пүткил халқын қылыштан өткерип, қырып таслады. 9 Бирақ Шаул ҳәм оның адамлары Агагты, оның ең жақсы қойларын, сыйырларын, ең семиз таналарын ҳәм қозыларын, улыўма жақсы нәрселерди аяп, оларды толық қырып таслаўды қәлемеди. Ал әҳмийетсиз ҳәм ҳәлсизлерин қырып таслады».
Шаул, саған амалеклерди өз жаўызлықлары ушын барлық ийеликлери менен қоса жоқ қылыўың кереклиги ҳаққында айтылған еди.
Не ушын олардың патшасын тири қалдырдың?
Олардың малларының базыларын не ушын тири қалдырдың? Бул мен ушын бойсныўға уқсамай турыпты. Ҳәттеки, бул Қудайға бойсыныўға уқсамайды.
15:10-11 «Сонда Жаратқан Ийеден Самуелге мынадай сөз түсти:
11 – Мен Шаулды патша етип тайынлағаныма өкинемен. Ол Меннен жүз бурып, буйрықларымды орынламады.
Самуел ашыўланды ҳәм түни менен Жаратқан Ийеге жалбарынды».
Шаул, урпағыңның тәғдириниң пушқа шығыўы, сени сындырмады ма?
Сен және бойсынбаўың керек пе еди?
Шаулдың ақсаған бәнеси қандай болыўы мүмкин?
15:20-21 «Шаул Самуелге былай деп жуўап берди:
– Бирақ мен Жаратқан Ийениң сөзине қулақ астым. Мен Оның жиберген жерине бардым. Амалек халқын толық қырып таслап, олардың патшасы Агагты усы жерге алып келдим. 21 Адамларым болса, Гилгалда Қудайың Жаратқан Ийеге арнап қурбанлыққа шалыў ушын қырып тасланыўы керек болған олжадан ең жақсы қой ҳәм малларды алды».
Деген менен, Қудайдың қәлеген қурбанлығы бундай емес еди. Солай етип, Қудай Шаулды бул ретте қалай сындырмақшы?
15:26 «Ал Самуел Шаулға:
– Мен сениң менен бирге қайтпайман. Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығын орынлаўдан бас тарттың, Жаратқан Ийе де сени Израилға патша етиўден бас тартты, – деди».
Сен өз ўазыйпаңнан босатылдың.
Қудай Шаулды дәрҳәл алып тасламады, бирақ қолжазба дийўалда илдириўли тур.
Шаул, бойсыныў ықтыярлы түрде емеслигин түсиндиң бе?
Қалған өмириңде бойсыныўдың бирин болса да орынлайсаң ба, солай етип, өлгениңнен соң жақсы атың қала ма?
28:5-7 «Шаул филист әскерлерин көргенде қорқып кетип, жүрегин қорқыныш бийлеп алды. 6 Ол Жаратқан Ийеден сораса да, Жаратқан Ийе оған түс арқалы да, Уримa арқалы да, пайғамбарлар арқалы да жуўап бермеди. 7 Сонлықтан Шаул хызметшилерине:
– Маған әрўақ шақыратуғын бир ҳаялды таўып келиң. Оған барып, мәсләҳәт сорайын, – деп буйырды.
Хызметшилери оған:
– Эн-Дорда әрўақ шақыратуғын бир ҳаял бар, – деди».
Мухаддес Китапта руўх шақырыўшыларға хабарласыў қадаған етилген.
Мениң анам тәўбе қылғаннан кейин ең биринши пал ашатуғын тахтайы менен картасын ҳәм усыған уқсаған нәрселерин таслады ҳәм өмирин жетелеўи ушын жаўыз руўхларға емес, ал Қудайға қарап жасаўды баслады. Мине, анамның исеними усылайынша көринип баслады.
Шаул руўхый жақтан сондай тығыз болса да, қулақсызлық қылыўды таңлаўды ашықтан-ашық шешим қабыллады. Ол өз жолында Қудайдың ҳәр бир сындырыў барысына қарсы гүресип, мине, үшинши мәрте де, ол өзиниң ойлаған исин қылды.
28:8-12 «Шаул кийимин алмастырып, сыртқы көринисин өзгертти де, жанына еки адамды алып, түнде сол ҳаялға келди. Шаул ҳаялға:
– Өтинемен, мен ушын әрўақлардан сорап, мен айтқан адамның әрўағын шақырып бер, – деди.
9 Бирақ ҳаял:
– Шаулдың нелер ислегенин, әрўақларды ҳәм руўхларды шақыратуғынларды елден қуўып жибергенин билесең. Солай екен, неге мени өлтириў ушын дузақ қойып атырсаң? – деди.
10 Шаул оған:
– Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен, бул истен саған ҳеш қандай зыян келмейди, – деди.
11 Сонда ҳаял Шаулдан:
– Саған кимди шақырып берейин? – деп сорады.
Шаул оған:
– Маған Самуелди шақырып бер, – деди.
12 Ҳаял Самуелди көргенде, даўысының барынша бақырып жиберип, Шаулға:
– Сиз Шаулсыз-ғо, неге мени алдадыңыз? – деди».
Шаул елиндеги адамлардың өзиниң руўх шақырыўшыға хабарласып атырғанын билиўин қәлемеди, өйткени ол буның надурыс екенин билетуғын еди. Бирақ бул жерде ол ҳүким етилгениндей, ис ҳәрекет етти. Сонда қәбирден Самуелдиң руўхы Шаулға сөйледи.
28:16-19 «Самуел оған былай деп жуўап берди:
– Жаратқан Ийе сени таслап кетип, саған душпан болған болса, енди неге меннен сорап турсаң? 17 Жаратқан Ийе мен арқалы айтқанларын жүзеге асырды. Ол патшалықты сеннен тартып алып, оны жаныңдағы адамға, яғный Даўытқа берди. 18 Өйткени сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, Оның лаўлаған ғәзебин амалеклерге шашпадың. Сонлықтан Жаратқан Ийе бүгин бул нәрселерди сениң басыңа салды. 19 Жаратқан Ийе сени де, Израил халқын да филистлерге тәслим етеди. Ертең сен ҳәм сениң улларың мениң жанымда боласызлар. Жаратқан Ийе Израил ордасын да филистлерге тәслим етеди».
Шаул, сен ертең өлесең.
Қудай Шаулды және сындырыўға урынды. Бирақ Шаул пүткиллей жабайы, айғыр аттан да өжет болыўды шешкен.
Шаул буны өз жолы менен шешиўге ҳәрекет етти.
Буның нәтийжесинде:
Патшалық урпағы тоқтады,
патшалық ўазыйпадан айырылды
ҳәм жанынан айырылды.
Шаулдың Қудайға қалдырған еслетпеси:
Мен буны өз жолым менен ислеймен.
Мениң исиме араласпа.
Мен толығы менен Сениң мени сындырыўыңа жол қоймайман, буннан бас тартаман.
Қудайдың Шаулға қалдырған еслетпеси:
Мен сени жарылқамайман.
Сен Маған керек емессең.
Қудай Өз елин қура алыўы ушын, Шаулды тосқынлық қылғаны ушын жолдан шығарып жиберди.
Шаул ҳаққында ойлағаныңызда, автострада жолында «өз исиңди қыл», деп төмен қарай машинасын күшли тезлик пенен айдап баратырған жигит ҳаққында ойлаң. Ҳәмме жерде тәўбе қылыў мүмкиншиликлери бар. Бирақ ол оларға итибар да бермеди. Ол: «Ҳеш ким маған не қылыўым кереклигин айтыўы шәрт емес», – деди.
Алдында сыныў деп аталған жол тосығы бар.
Ол өз патшалық урпағы тамам болғанда оң тәрепке қарай сүзиўин даўам етти.
Оның алдында сыныў деп белгиленген басқа да жол тосығы бар.
Ол патшалықтан түсирилесең деп айтылғаннан кейин де, оң тәрепке қарай сүзип жүрип кетти.
Бул өлим тик жарға қарай туўрыдан-туўры күшли тезлик пенен кетиў. Ол: «Мен жолымды өз қәлеўим менен басып өттим», – деп барлық ўқытта қосық айтып барды.
Егер Шаул сыныўға жол қойғанда, онда Қудайдың халқы өз жүреклеринде үш мың жылға дейин оны еслеп, үлги етип жүрер еди. Бирақ Шаулдың тас жүреклилиги себепли оның орнын ийелеген адам халықтың қаҳарманы болды ҳәм Қудайдың халқының әсирлер даўамында әрман етилген ҳәм қәлегениндей патшасы болды.
Бул табысқа ийе болған Даўыт еди.
Масийхқа тас жүрек болыў Қудайдың жарылқаўынан айырылыў есапланады.
Әсиресе, Шаулдың ҳақыйқый өмирине нәзер таслаң, сонда ол шынында да исениўши болған ба еди, деп таң қаласыз.
Тәўбе етилмеген масийхыйлық масийхый өмир емес. Солай етип, бизлер Шаулдың өмириниң қулаған жерине қайтамыз.
Оның үлкен табыслары өзи тәрепинен жоқ қылынды.
Оның үлкен мүмкиншиликлери өзи тәрепинен жоқ қылынды.
Оның бийик артықмашылығы өзи тәрипинен жоқ қылынды.
Қудайдың оны сындырыўына жол қоймаған ўақыттағы апатты көрер екенбиз, аламан ишинде үнсизлик пайда болады.
Кейин бизлердиң басымызға әсте-ақырын сораў пайда болып баслайды, бул сораў мынадай: Шаул бизлердиң жетекшилик бойынша үлгимиз бе?
Шаул Қудайдың сындырыўына жол қоймаған патша болды.
Ал исениўши болған бизлер Қудай тәрепинен сыныўды қәлеймиз бе? Қудай бизлердиң материаллық нәрселерден алатуғын қуўанышымызды сындырып, оның орнына Қудайдан қуўаныш табыўымызды қәлейди. Бизлер буған жуўап ретинде, кеширим сорап, материаллықтан қашыўымыз керек. Тилекке қарсы, саўда мәңги даўам етпейди. Ийса байлықты руўхый жетиспеўшилик деп анық көрсетип өтеди, себеби бул менменлик ҳәм өз-өзин қанаатландырыўға байланыслы болып есапланады.
Материаллық нәрсеге қул болыўымыз ата-бабаларымыздың қуллыққа соқыр болғанына мегзейди. Қудай бизлерди бийәдеплик көринисимизди өзгертип, сындырыўды қәлейди… Буған базы масийхыйлар: «Не нәрсе? Мени досларымнан өзгеше етип кийиндирмекши ме?» – деп жуўап береди. Буған Еремия былай деп жуўап береди: «Олар жеркенишли қылықларынан уялмады ма? Яқ, оларда ҳеш қандай уят жоқ. Олар ҳәттеки, қалай қызарыўды да билмейди». Қудай бизлердиң пул қурбанлықты бериўде қолы ашық болыўымызды қәлейди, солай емес пе? Қудай жергиликли жәмәәтте адамларды Өз хызметине қойыўды қәлейди, солай емес пе?
——————————————————————————————-
Қудай масийхыйлардың жынысый бузықшылықларынан тазалап, сындырыўды қәлейди. Бизлер буған әмел қылып атырмыз ба? Базыда сынбаған адамларды байқаў жүдә аңсат.
Сиз оларға қарсы шығыўға ҳәрекет еткениңизде, олар сизге урысып, былай дейди: «Бул мениң жолым».
Бул ҳаққында ой жуўыртып көриң. Қудай бизлерди ҳеш қашан сындырмайды деп, қалай айта аламыз? Қудай усылай айтатуғын масийхыйлардың жүзине қарап, оларға былай дейди: «Сен Мениң шаңарағымның ағзасысаң ба? Мен сени таныйман ба? Шаңарақтың уқсаслығы қаяқта?»
Егер сыныўға қарсы гүрессек, онда бизлер қалайынша Ийсаны ИЙЕМИЗ деп шақыра аламыз? Оны сүйемен, деп қалайынша айта аламыз? Келиңлер, еледе тереңирек қарап шығайық:
Егер сыныўға қарсы болсақ, бизлер шынында да Ийсадан өмиримизге келиўин ҳәм гүнамызды кешириўин сораған ба едик?
Қудай мени биринши мәрте сындырыўға ҳәрекет еткенде, бул өмиримдеги ең жаман басымнан кеширгенлеримниң бири болды. Пүткиллей қараңғылық ҳәм тас түнек ўақыт, сиңлим қайтыс болған ўақыттан да қыйын аўҳалға түстим.
Мен айнасы жоқ ызғарлы түрмехана камерасына қамалғаннан ҳеш қандай айырмашылығы жоқтай етип сездим.
Бул муздай, суўық ҳәм жалғызлық еди.
Сол өмиримдеги сыныў ўақтымда Қудайға: «Сизиң изиңизден жүриўди қәлемеймен», деп айттым. Ал өзимди өлтириў ҳаққындағы ойлар да мени бийлеп алды. Себеби өмирим бойы шеккен азапларым ушын усылай өзимди өлтириў менен жуўап бермекши едим. Өзимниң әтирапыма қалың дийўалларды қурып алдым. Маған тек ғана ҳәсирет алып келген нәрселерден қуўаныш табыўды да жобаластырдым. Кейин мен өзим шешим қабыл ететуғын ақмақ нәрселердиң ақыбети менен жүзлесиўим кереклигим ҳаққындағы ой-пикирлер мени қорқытып жиберди.
Жүрегимниң төринде сондай тыныш даўыслы пикир есителтуғын еди – бул бир күн келип, мен усы өмиримдеги сыныў ўақтымның Қудайдың сүйиспеншилигин күшли сүўретлеп атырғанын көремен. Мен сол сыныў барысынан шаршап, ҳарып шыққанман. Басымнан кеширгенлеримди өзим жек көрдим, бирақ бурынғыдан гөре мен өзимди тири екенимди билдим. Және де, сыныў барысындағы ҳәр бир ўақытта Қудайды жақыннан билиўим ушын өзгеше жолда басқа адам болып өзгергенимди билдим.
Деген менен, мен сыныўға қарсы турып, бас тартқан Шаул сыяқлы болыўға жақын қалған едим. Мен Шаул болыўым да мүмкин еди. Мухаддес Китаптағы сыныў ҳаққында үйренип шығың, ол жерде өз келешегиңизди табыўыңыз ушын тек ғана еки шешим бар.
Оларды санап шығың, әпиўайы ғана 2 шешим:
1-шешим: Барлық жолларыңда Шаул сыяқлы сыныўдан бас тартып, тамам боласыз ҳәм өз өмириңизди ўайран қыласыз.
2-шешим: Сиз өз сыныў сынақларыңыздан өтесиз ҳәм жарылқаўға ийе болып шығасыз:
Өзгерген ҳалда боласыз,
Жақсы мийўе беретуғын боласыз,
Ҳәм шадлыққа бөленесиз.
Мухаддес Китаптың радар экранында басқа ҳеш қандай шешим жоқ. Сыныўға жол қойың ямаса өз өмириңизди бузыўыңызға жуўапкершилигиңизди өз мойныңызға алың. Сыныўға қарсы гүресиўдиң қуны көз алдыңызға келтиргениңизден гөре жүдә жаман болады.
Сыныў сынақларға жол қойыўыңыздың қуны, сиз көз алдыңызға келтиргеннен де гөре Қудай таң қаларлық түрде ҳәм мол етип жарылқаў береди.
Сонлықтан ҳәр биримиз дурыс таңлаўымыз тийис.