СЫНЫЎ
Сөз басы
Мен сынған айна сестин ҳәм биреўдиң қышқырып бақырғанын еситкенимде, не болғанын билиў ушын, асханаға жуўырып бардым. Мениң анам жылап, газ плита қасында турған еди. Ал әкем болса, жүзи қызарып, ҳәлсиз ҳәм үнсиз ҳалда музлатқыш жанында турған еди.
Мен оның көзлери тигилген жерге қарап, еденде шыл-пәрше болып жатырған, хожалығымызға тийисли болған қымбатлы гүзени көрдим. Гүзеден пүткиллей айырылған едик.
Гүзе сулыў, ойылған жасыл шийшеден исленген болып, қақпақлы еди. Ол жүдә зор түске ийе болды. Гүзе үйимизде онлаған жыллар даўамында болып, тек айрықша жағдайларда қолланылатуғын еди.
Ата-анам қонақ күтетуғын болса, анам әкемнен бул гүзени буфеттен алыўды сорайтуғын еди. Бирақ енди оның күнлери питкен еди. Ҳәмме қыйықларға қарап, көзлерине исенбей тур еди.
Қыйналыў
Бул сөз шийше гүзеге байланыслы айтылса, дурыс болмайды. Бул сөз биз ийелик ететуғын ҳәмме нәрсеге байланыслы айтылса да, дурыс болмайды.
Бузылған машина сизди ҳеш жаққа апармайды. Бузылған микротолқынлы пеш сизге аўқатты ысытып бермейди. Бузылған смартфон қулақ-тилиңизди кесилгендей қылады. Жер планетасындағы өмир бузылған нәрсе жаман екенин үйретеди. Ал Мухаддес Китап керисин айтады.
Биз бүгин жаңа күн баслаймыз. Сонлықтан, келиңлер, Ийемизден жәрдем сорайық:
«Әке! Сениң китабың менен Сенсиз өткизген ўақытты толық бийкарға өткизиў екенлигин бизлерге еслет. Бизлерге үйрениў ушын таяр болыўға жәрдем бер. Бизлерди алаң қылатуғын нәрселерди шетке ысырып тасла. Жүреклеримизге сөйлей гөр. Ийса Масихтың аты менен. Аўмийин».
Забур 50:19
Саған мақул болатуғын қурбанлық – езилген руўхдур,
Езилген ҳәм тәўбе қылған жүреклерден,
Сен жүз бурмассаң, Қудай.
Бул жерде не туўралы айтылған? Қудай қыйналыўды баҳалай ма? Бул қорқынышлы еситиледи. Бизлер жек көретуғын сөз – бул Қудай баҳалайтуғын бир нәрсе болып табылады. Жоқары баҳалайтуғын ба? Бул қалайынша болыўы мүмкин? Бул сөздиң мәнисин уғып алсаңыз, ол сизге масихый өмирди, өзимизди ҳәм Қудайды еле де жақсырақ түсиниўге жәрдем береди.
Буны айтыў таң қаларлық ҳәм еситиў қаншелли жағымсыз болса да, қыйналыў масихый өмирдиң бир бөлеги болып табылады.
«Бизиң дерлик ҳәр биримиз өзимиз көз алдымызға келтиргеннен де артық үлкен тәсир менен бизди қыйналыў менен таныстыратуғын машқалаларға д ус келемиз».
Солай етип, биз буны жеңиўди жақсырақ үйрениўимиз тийис. Мухаддес Китапта қыйналыўдың айқын мысаллары болған көп адамлар бар. Келиңлер, олардың Жаңа Келисимдеги ең анықларын алып, бул жерде биз нени үйрениўимиз кереклигин көрейик.
Елшилердиң ислери 7-бап – исениўши жас масихыйларға исенимди жақсы түсиндиретуғын Степан. Тилекке қарсы, оны тыңлаўшылар масихыйлықтың душпанлары болып, оннан еситкенлерди жек көрди ҳәм сонлықтан оны өлтирди.
Елшилердиң ислери 7:58
Оны қаланың сыртына сүйреп шығарып, тас боран қыла баслады. Гүўалар өз кийимлерин Шаул атлы бир жас жигиттиң аяғының жанына қойды.
Бул өлтиргенлердиң кийимлерин қараўыллаған Шаулды олардың шериги ямаса оларға ғыжжақ бериўши қылды.
Елшилердиң ислери 8:3
Бирақ Шаул исениўшилер жәмәәтине қатты азап берди. Ол үйме-үй кирип, еркек пе, ҳаял ма, ҳәммесин сүйреп шығарып, қамаққа салдырды.
Масихыйларды өлтирип жүрген ол маған мурнынан от шығарыўшы айдарҳаны еслетеди. Жас жигит Шаулдың Ийсаның избасарларына деген жек көриўшилиги қадағалаў астынан шығады.
Аўҳал жаманласады.
Елшилердиң ислери 9:1-2
Ал Шаул Ийемиздиң шәкиртлерине еле өлим қәўпин туўдырып жүрди. Ол бас руўханийге барды да, Дамасктеги мәжилисханаларға хатлар жазып бериўин сорады. Сол жерде Ийсаның жолы менен жүрген еркек болсын, ҳаял болсын, тапса оларды услап, Ерусалимге алып келиў нийетинде еди.
Шаул исениўшилерди Ерусалимде қуўдалағанына қанаатланбай, арқаға, исениўшилерди қуўдалаў ушын Дамаскке, ҳәзирги Сирияға барыў нийетинде еди.
Елшилердиң ислери 9:3-4, 9
Ол жол жүрип Дамаскке жақынлағанда, тосаттан аспаннан түскен бир нур оның әтирапын жарқыратып жиберди. Шаул жерге жығылып: – Шаул, Шаул, сен неге Мени қуўдалап атырсаң? – деген даўысты еситти. Оның көзлери үш күн бойы көрмей қалып, ҳеш нәрсе ишип жемеди.
Қудай Шаулды солайынша сындырады. Бул сыныўдың базы тийкарғы элементлери былайынша тастыйықланыўы тийис:
- Кейин ала Павел деп аталған Шаул усы сыныў процесси басланғанда, исениўши емес еди. Бирақ бул оны Масихтың шәкирти болыўға алып келди. Сыныў исениўши емеслер менен де, исениўшилер менен де жүз бериўи мүмкин.
- Шаул өзин сындырыўды сорамаған еди. Сындырылыў Қудай тәрепинен иске асырылады. Қудай бизлер менен ўақыт мәселесинде келисип алмайды.
- Сыныўдың мақсети бизиң ески тәбиятымызды жоқ қылыў болып табылады. Шаулдың сыныўы узаққа созылған гүнаның марафонын тоқтатыўға алып келеди.
Ишине батарейка салынған қоян сыяқлы исениўшилердиң изинен жуўыра бергеннен гөре, Шаул терең кишипейиллике ийе болады. Оның көзлери көрмей қалды. Ол басқаның жәрдемисиз қозғала алмай қалды.
Шаул өзиниң наҳақ екенин түсингенде, сиз еситкен Шаулдың басындағы тарсылды мениң асханамдағы еденге урылып сынған шийше гүзениң тарсылдысынан анағурлым күшлирек! Ол қәдирлейтуғын нәрселер ҳәм даңқпаразлық пуў сыяқлы серпиледи. Ийса ҳақыйқаттан Қудай!!!
- Бул сыныў арқалы уллы нәрселер жүз берди. Оның Ийсаға деген жек көриўшилиги сүйисеншиликке айланады. Жәмәәтти қыйратыўшыдан ол оны қурыўшыға айланады. Ҳақыйқатқа қарсы ҳүжим жасаўшыдан Жаңа Келисимниң уллы байланыстырыўшысына айланды (Ийсадан соң).
- Мухаддес Китаптағы басқа сыныўлар бундай емес. Олардың ҳәммеси ҳәр түрли болып, биреўин екиншиси менен салыстырып болмайды. Бул жерде Шаул ең кем дегенде 30 жаста еди. Сыныў бизиң өмиримизде ертерек те, кеширек те жүз бериўи мүмкин. Шаулдың өмиринде болған сыныў дәўири узаққа созылмады. Бирақ бизлерге бундай жағдайдың узаққа созылғаны туўралы ўақыяны излеп, Мухаддес Китап бетлерин көп-көп ашыўдың кереги жоқ. Муўсаны мысал қылып алсақ болады. Және де, сынғанда азап шегиў күши де айырмашылыққа ийе. Киттиң қарнында болған Юнусти ҳәм пайғамбар әшкаралаған Даўытты салыстырың.
Забур 50:19
Саған мақул болатуғын қурбанлық – езилген руўхдур, езилген ҳәм тәўбе қылған жүреклерден Сен жүз бурмассаң, Қудай.
Қудай езилген руўхты қәдирлейди. «Гүнаның күши бизиң өмиримиз үстинен ҳәлсирегенде, бизиң қудайсыз өзлигимиз жарадар болғанда, бизиң оқ өтпейтуғын беккемлигимиз жумсарғанда, бизиң менменлигимиз пәске түсирилгенде, биз
өз-өзимизден ҳеш ким болып қалып, Қудай бизлер ушын ҳәммеси болғанда, биз Қудайға келсек, Қудай қуўанады».
Егер биз Масихтың изинен салдамлылық пенен ериўди қәлесек, онда масихый өмиримизде сыныў курсын өтиўимиз керек болады.
–––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––––
Солай етип, егер сыныў сондай салдамлы ис болса, келиңлер, буның не екенин ҳақыйқаттан түсинетуғынымызға көз жеткизейик. Биз дыққат пенен тыңлаўымыз керек.
Сыныў – бул Мухаддес Руўхқа толыў дегени емес. Мухаддес Руўхқа толыў – ҳәр бир исениўши өзиниң масихый өмириниң қәлеген ўақтында ислей алатуғын ис. Еле гөдек масихый Мухаддес Руўхқа толыўы мүмкин. 60 жыл бурын қутқарылған исениўши де Мухаддес Руўхқа толыўы мүмкин. Буның ушын керек болған нәрсе – бул тәўбе етиў ҳәм Ийемизди шақырыў.
Егер биз өзимизге белгили болған барлық гүналарымызды мойынлап, олар ушын тәўбе етсек, Ийсаның өз өмиримизди басқарыўына жол қойсақ, онда Мухаддес Руўхқа толғанымызға исенимли болсақ болады. Мухаддес Руўхтың басқарыўын бәрқулла сорап жүриў – Мухаддес Руўхқа толыўдың белгиси болып табылады.
Өз ақылыңызды Қудайдың сөзи менен толтырыў ҳәм Оған өз өмириңизди бағдарлаўға рухсат етиў сизди Мухаддес Руўхқа толған жолда беккем сақлайды. Ис Мухаддес Руўхқа толыўға барып тақалса, жеңис сиз тәрепте болады.
Басқа тәрептен қарағанда, сыныў – бул биз қутқарылсақ та, қутқарылмасақ та, Қудай бизлер менен ислейтуғын бир ис болып табылады. Бизди жылаўлаўға тырысып, бизди бейимлескен қылмақшы болған, бизди қолланыў ушын дыққатымызды Өзи айтқан сөзлерге аўдармақшы болып, бизге өзимизге азырақ ғамхорлық көрсетиўге жәрдемлескен ўақытта, жеңис анық Қудай тәрепте болады. Биз Қудайдан өзимизди сындырыўды сорасақ болады.
Сыныў – кишипейиллик емес. Бирақ көп кишипейиллик сыныў себепли пайда болады. Кишипейиллик – бул ҳәмме нәрсе ушын Қудайға тийислисин бериў, ал сыныў – Қудай ушын жүректи жибитиў болып табылады.
Сыныў – тәўбе етиў емес. Бирақ терең тәўбе етиў – бул сыныўдың нәтийжеси.
Сыныў – шәртли түрде азап шегиў емес. Негизинде, егер сиз сыныўға бойсынсаңыз, онда азап шегиў дәўирин анағурлым қысқарта аласыз.
Бул сыныў емес. Бирақ, келиңлер, бул теңгени аўдарып, оның не екенине қарайық.
Сыныў – бул сондай процесс болып, онда Қудай жанларыңызды кишипейил қылып, сизиң тәсирли масихый болыўыңыз ушын тосқынлықларды алып таслайды, минез-қулқыңызды айрықша тәризде қәлиплестирип, сизиң «менменлигиңизди» бойсыныў ушын пәслетеди ҳәм сизиң Масихты дыққат-орыйыңызда сақлап, Оған көбирек «сени» деўиңиз ушын, өзиңиз ушын өлиўге жәрдем береди.
Сиз сыныў туўралы ойлағаныңызда, өлим ҳаққында, өзиңиздиң ески «мен» иңиздиң өлиўи ҳаққында ойлаң. Сөзсиз жеңилиў туўралы ойлаң. Жүрегиңиздеги гүнаның көбирек кесилип тасланыўын ойлаң. Қысқа ўақыт азап шегип, узақ ўақыт табысқа ерисиўди ойлаң.
Не нәрсе көп санлы сораўларды пайда етеди:
Биринши сораў: Биз не ушын сыныўымыз тийис?
Ким буны асығыслық пенен күтпекте? Бир минут. Мухаддес Китап сыныў ҳаққында сөз еткенде, бир таза нәрсени алып, оны еденге ылақтырып, сындырыўды айтпайды.
Ол гүнакар адам ҳәм оның өмириндеги гүнаны жоқ қылыў ҳаққында айтады. Мениң әкемниң асханада сындырған нәрсеси пүткиллей әжайып ҳәм зыянсыз еди.
Қудайдың бизиң өмиримизде сындырғанлары бурмаланған, әбеший ҳәм ақылсыз нәрсе болып табылады. Сонлықтан физикалық дүньядағы сыныў бул жаман нәрсе, ал руўхый өмирде сыныў – бул жақсы нәрсе болып табылады.
Келиңлер, тән алайық, сиз ҳәм мен гүнаның күшин азайтамыз. Биз оның қорқынышлы келбетинен үстинбиз. Биз жийи-жийи оның өтириги себепли азғырыламыз. Бирақ ол ҳәмме жерде бар…
Бизиң музыкамызда
Телевидение ҳәм радиода
Реклама щитларында
Бизиң сөйлесиўлеримизде.
Биз оның алдында соқырмыз. Биз гүнаның жаман екенин түсинбеймиз. Биз өзимиздиң ески тәбиятмыздың күшин түсинбеймиз.
Сиз Ийсаны өз Қутқарыўшыңыз сыпатында қабыл еткениңизде, өзиңиздиң гүнакар екениңизди билдиңиз. Бирақ сиз өзиңиздиң қаншелли гүнакар екениңизди көз алдыңызға келтирип те көрмедиңиз.
Ҳәмме көретуғын ҳәм гүна болып есапланатуғын ислерди, яғный төбелесиўди, ғарғаўды, ҳүрмет етпеўди қойыў бир гәп. Бирақ ҳеш ким көрмейтуғын гүналар туўралы айтатуғын болсақ-ше? Мысалы: күншиллик, жек көриўшилик, ашкөзлик ҳәм ең үлкен, ең жаман гүна болған менменлик.
Ҳеш ким көрмейтуғын иштеги усы гүналар тереклерди орап, олардың өмирин сорып алатуғын ҳәм жоқарыға көтериле беретуғын шырмаўық сыяқлы болады. Егер биреў усы зыян жеткизиўши шақаларды түбинен шаўып тасламаса, теректиң өмири қәўип астында болады ҳәм ол өлип қалыўы мүмкин.
Сыныў – бул Өз балтасы менен келип, сизиң өмириңиздеги гүна менен зыянланған шақаларды түп-тамырынан шаўып таслаўшы Қудай. Буны басқа ҳеш ким ислей алмайды. Солай етип, сизиң руўхый өмириңиз күшлирек, айқынырақ ҳәм гүнадан еле де еркинирек болады.
Сизиң руўхый өмириңизди күшли алға илгерилететуғын үлкен операция.
Екинши сораў: Не ушын сыныў идеясы жек көриўшилик туўдырады?
«21-әсирдиң көп масихыйлары тәғдирдиң турақсызлығын қыйралған денеден ямаса сынған жүректен келип шығыўына қарамай, оны өз руўый ҳуқықларының бузылыўы деп есаплайды».
«Ийем, мениң жобаларымды Өзиң иске асырыўыңды қәлеймен,
Мен тынышлықты қәлеймен,
Мен мүтәжликсиз өмирди қәлеймен.
Ал кейин МЕНИ ТЫНЫШЫМА ҚОЙ».
Сиз 2017-жылы өзин Қудай сындырғанын қәлейтуғынын айтқан масихый ҳаққында еситип көрдиңиз бе?
Сиз қашан болмасын мынадай қосықты да еситип көрдиңиз бе?
«Ийем, илтимас, мени сындыр,
Ийем, илтимас, мени сындыр,
О, Сениң мени сындырғанынды қәлеймен».
Биз сиз бенен атанақ ағаш туўралы фильмлерди көриўимиз ҳәм егер биз Ийсаға ерсек, өз азапларымызды бастан кеширетуғынымызды түсинбеймиз. Егер Ийса атанақ ағашта өлген болса, онда бизиң өмиримиз машқаласыз болады, деген идеяны қаяқтан алдық?
Көбинесе бизиң масихый жәмәәтлеримиздиң мәденияты дүньяның мәдениятын сәўлелендиреди. Дүньяда сизиң минез-қулқыңыз емес, ал сизиң ислеп атырған ислериңиз әҳмийетке ийе.
Бирақ Қудай Өзиниң барлық балаларының минез-қулқының раўажланыўын ойлайды. Биз Қудай ушын ислеп атырған исимизди ғана қайғырыўымыз мүмкин, ал Қудай биринши гезекте бизиң ишимиз қандай екенин қайғырады.
Басқаша қылып айтқанда, биз өз өмиримиздеги жемислер менен шектен тыс машқул болыўымыз мүмкин.
Қудайдың жуўабы – Масихқа қулақ асыўға дыққатты жәмлеў болып табылады. Масих пенен бирге болыў. Масихта болыў. Өмириңди Масих пенен сиңдириў. Оның менен қарым-қатнасыңыз үстинде ислеў.
Масихыйлықтың тийкары болған нәрселерди ылайықлы түрде қәдирлеўди үйрениң. Булар: Мухаддес Китапты үйрениў, дуўа етиў, аятларды ядлаў, ораза ҳәм ҳақыйқый туўысқанлық. Затлардың қулы болыўды тоқтатың.
Сиз билесиз бе? Сизиң өмириңиз таң қаларлық жемислерге толады, сонда сиз гүўалығыңыздың бирталай көбейгенине исенбей қаласыз.
Дәўлетли өмир – бул биринши гезекте бизиң Ийемиз бенен жақын қатнасымыздың көп болыўы екенин түсинбесек керек.
Дәўлетли өмир – бул биринши гезекте бизиң Ийемиз бенен жақын қатнасымыздың көп болыўы екенин түсиниўди қәлемесек керек.
Гейде сиз бенен биз қартайған масихыйларға қарап, былай деп сораймыз: «Не ушын ол усындай жаста бундай сындырыўшы сынақлардан өтип атыр? Не ушын Қудай оны тынышына қоймайды?»
Себеби қартайған масихыйлар өз өмир тәризинде шектен тыс отырып қалған болыўы мүмкин. Олар қайсар, жарамсыз, ашыўшақ, өз өмирлеринде және бир рет сыныўға мүтәж болғанлықтан, Қудай оларды даўам етип қолланыўы керек.
Егер биз сыныўға қарсы гүресетуғын болсақ, онда биз Қудайдың бизиң өмиримиз ушын ең жақсы нийетлерине қарсы гүрескен боламыз.
Силкитиў – бул Қудай жоқ дегени емес. Ал керисинше, Оның бар екениниң күшли дәлили.
Егер силкитиў процессинде Қудай менен бирге ислескенимизде, қанша ўақыт ҳәм күш үнемлеп, жарылқанған болар едик?
Сиз жәмәәтте әтирапыңызға қарап, бәрқулла келе бермейтуғын адамларды қайғырыўыңыз керек. Ўақты-ўақты. Биз не ушын усындай деп ойланамыз. Жуўаптың көпшилик бөлеги олардың Қудай өзлерин сындырмаўын қәлейтуғынынан ибарат деп ойлайман.
Қутқарылған болыўына қарамай, көп жыллар даўамында бәрқулла ашыўлы, бахытсыз болып жүретуғын масихыйларды биз гейде қайғырамыз. Олар менен бирге болыў да жағымсыз. Биз не ушын сондай екенин ойланамыз. Мениңше, жуўаптың тийкарғы бөлеги олардың идеяның өзи менен гүрескенинде жатыр.
Ҳеш ким операцияларды жақсы көрмейди. Қудайдың операциясы менен гүрес болса, бизди екинши сорт, жемиссиз масихыйлыққа ҳүким етеди.
Үшинши сораў: Мухаддес Китаптағы сол сынған аз адамлар кимлер еди?
Мүмкин, биз сораўды басқаша қылып берермиз. Мухаддес Китаптағы баслы қаҳарманлардың қайсысы сынған еди?
Муўса ғәзепке мингени себепли адам өлтирип қойғанда сынған еди. Усының нәтийжесинде, ол Қудай көргиси келген жетекши болыў ушын, өз өмириниң 40 жылын қуўғынлықта өткизеди.
Даўыт неке ҳадаллығын бузғаны ҳәм адам өлтиргени себепли әшкараланғанда, сынған еди. Нәтийжеде оның баласы өлип, елинде қозғалаң басланды.
Юнус қутқарылмаған адамларға деген сүйиспеншилиги аз болғанлықтан ҳәм таң қаларлық түрде қамаққа түскени себепли сынған еди.
Өзлери ерген Устазы атанақ ағашқа шегелениў ушын, олардан тартып алынғанда, шәкиртлер сынған еди. Ийса өлимнен тирилгеннен соң, 40 күн даўамында олардың руўхый өмирлерин қайта тикледи. Бул олардың ерте дәўирлердеги жәмәәттиң пүткил дүнья бойлап тарқатылыўы ушын, қорқпас баслаўшылары болыўы ҳәм азапланып өлиўи ушын исленди. Петр айрықша тилге алыныўға ылайықлы. Өйткени ол жаңа ғана Ийсадан ўаз кешкенин түсингенде, сынды ҳәм Ийса менен жүзбе-жүз ушырасқаннан кейин қайта тикленди. Ол шәкиртлердиң жетекшиси болыў ушын алға ҳәрекет етиўди даўам етти. Елиўинши күни байрамында уллы сөзлерди айтып, жәмәәтти баслайды.
Уллы жазыўшы Льюис суў кранын оңлаў ушын Ийсадан өз өмирине кириўди сорады. Бирақ Ийса буның орнына пүткил үйди қыйратып, оны қайтадан қурды. Льюс өзинде гүна себепли тек кишкене машқала бар деп ойлады. Ал Қудай басқаша ойлайтуғын еди ҳәм сонлықтан Льюистиң өз бетинше қурған өмирин қыйратыўды даўам етти. Қудай өз дөретпелери менен пүткил дүньяны жарылқаған адамды қайта тикледи.
Ал ҳәзир биз сыныў үстинен болған ўақтымызды тамамлағанымызда, бир ўақытлары жер бетинде жүрген ҳәм Қудай тәрепинен сындырылыўға мүтәж болмаған Ким екенин өзиңизден сораң. Кимниң өмири бәрқулла бизлер ушын Қудайға бойсыныўдың үлгиси болып табылады? Биз нени көрип турмыз?
Филиплилерге 2:5-9
Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: Масих қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди. Ол Өзин пәс тутты ҳәм өлимге, ҳәтте, атанақ ағаштағы өлимге барып, Қудайға бойсынды. Сонлықтан да, Қудай Оны ең бийик мәртебеге еристирди ҳәм Оған барлық атлардан жоқары туратуғын атты берди.
Ийса – Үшбирликтеги екинши болған Қудай. Қудай болыў – бул демек көп жеңилликлер ҳәм артықмашылықларға ийе болыў. Биз олардың ҳәммесин түсиниў дәрежесинде емеспиз.
Бирақ Ийса мәжбүрий түрде емес, ал Өз ерки менен Мәриямның тар қурсағында 9 ай болды.
Ол Өз ерки менен адам денесинде 33 жыл жасады.
Ол Өз ерки менен Жақын Шығыстағы кишкене елдеги өмир менен Өзин шеклейди. Бул ел, ҳәтте, ғәрезсиз болмай, Рим империясының қолы астында еди.
Ол тири қалыў ушын, Өз ерки менен адамның аўқатынан ғәрезли болды.
Ол Өз ерки менен Өзин азғырыўға қойып, азап шекти.
Сиз бенен биз өзлерин масихыйлар деп атаўшы адамлармыз. Бизлер өзимиздиң қымбатлы өмиримизде ҳуқықларымызды қорғаймыз, Егер ҳуқықымыз қәўип астында болса, атом бомбасын ислеп шығыўға кирисемиз.
Ийса Өз ерки менен Өзиниң 33 жыл өмири даўамында
әҳмийетли биреў болыўдан ўаз кешти. Ал Филиплилерге 2:7 ге сай хызметши болды.
Бизиң өз-өзимизди сүйиўимиз амбицияларымызды көрсетип береди. Бирақ Ийсаның Өзинен кешиўи таза амбицияның не екенин көрсетеди.
«Қәлеген ҳәмме нәрсе болың! Мүмкин болған барлық рәҳәтлерге умтылың», – деп Ийса ҳеш қашан да айтпаған болар еди.
Филиплилерге 2:8. Ийса жеңиске ерисиў ҳуқықынан бас тартты (адам көз қарасынан).
Ол жеңиске ерисиўи мүмкин еди. Ол Өзин атанақ ағашқа шегелеўге умтылғанларды тас-талқан қылып, атанақ ағаштан қутылыўы мүмкин еди. Бирақ Ол бизлер жеңилиўге ылайықлы болсақ та, жеңе алыўымыз ушын, жеңиске ериспеўди мақул көрди (адамның көз қарасынан). Сынған адам соқлығысыўларда соңғы сөзге ийе болыўы керек.
«Қашанлардур жыйналған парламентлер, қашанлардур басқарған барлық патшалардың ҳәммесин қосқанда, жер бетиндеги адамлардың өмирине сол Адамның жалғыз өмири сыяқлы соншелли күшли тәсир жасалмаған».
Ийсаның өмирине қараң ҳәм бизлер қалайынша жақсы жасаўды үйрениўимиздиң кереги жоқ екенин түсиниң. Бизлер қалай жақсы өлиўди үйрениўимиз керек. Егилген ҳәм өлген туқым болыўымыз арқалы өзимиз бурын болмаған нәрсени пайда етемиз.
Егер сол жыл Қудай бизлердиң менменлигимизди шыл-пәрше қылып сындыратуғын жыл болса, қандай даңқлы жыл болар еди. Жаман әдетлеримиз де биз асхана еденинде көрген сынықлар сыяқлы шыл-пәрше болсын.
Бизиң өмиримизде жүз беретуғын ең жақсы нәрсе – бул бизиң сынған исениўшилер болыўымыз болып табылады.