Өз қолымызға беккем услаў
Ҳәммесин өз қолыңызға алың!
Биз буны ҳәр күни қыламыз.
Биз бала менен көшени кесип өткен ўақытта оның қолынан услаймыз.
Биз отын усақламастан алдын, балтаның сабынан услаймыз.
Биз мәниссиз бир нәрсе айтып қоймаўымыз ҳәм өз сезимлеримизди басқарыўымыз ушын өзимизди қолға аламыз.
Егер биз өзимизди қолға алып, және бир нәрсени қадағалаў астында усласақ, бул бизге өзлеримиз ислеп атырған исти жүдә жақсы ислеўге жәрдем береди.
Келиңлер, руўхый дүньяға дыққат қаратайық.
Масихый өмир табыслы болыўымыз, Мухаддес Китапты үйрениўимиз ҳәм түсиниўимиз, ол бойынша жасаўымыз, оны қолымызға беккем услаўымыз ушын, биз не ислеўимиз тийис?
Булардың ҳәммеси қалай иске асады?
Бул бизде басқа сораў пайда етеди:
Не ушын ҳәр қыйлы масихыйларда жетискенлик дәрежеси соншелли парық қылады? Олардың айырымлары ҳәммеден алдында жүргендей болып, басқаларды Масихқа әкеледи, гүнаны жеңип жүреди, өз жәмәәтлеринде жетекшилик қылады. Өз хожалық ағзаларына Қудайға жақынласыўға жәрдем береди …
Ал басқалары бәрқулла, тоқтамастан тайғалақлап, 5, 10, 15 жыл бурын болғандай, бирдей гүналар менен үзликсиз гүреседи. Оларға исенип болмайды. Олардан үмит етип болмайды. Олар ҳеш нәрсеге жарамайды.
Ийса Өз жәмәәтин алып кетиў ушын келгенде, бизлерде руўхый булшық етлер шыққан руўхый Шварценеггерлерди көре ме?
Я болмаса, биз елеге дейин, баланың аўқатын жеўши, еле балалар бақшасына баратуғын, памперс кийген руўхый гөдек екенимизди түсинбеймиз бе?
Не ушын исениўшилердиң руўхый раўажланыў дәрежелери усындай ҳәр қыйлы?
Өз руўхый формамызды өзгертиўимиз ушын, не ислей аламыз?
Биз қалайынша руўхый формаға келип, онда қала аламыз?
Мухаддес Китапты қалай өзлестириўге болатуғыны бойынша жақсы мысалды излеп, алысқа барыўдың ҳәжети жоқ. Биз мысал ретинде қолды аламыз. Биз қолымыз бенен бир нәрсени алсақ, ҳәр бир бармақ қолдың ҳәрекетке келиўинде әҳмийетке ийе.
1-бармақ – Мухаддес Китапты тыңлаў.
Тимофейге 2-хат 4:2
Қудайдың сөзин жәрияла. Заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай, бул хызметти даўам ет.
Не ушын Мухаддес Китаптағы Павел жазған усы соңғы бапта ол бизге «заманның қолайлы ямаса қолайсыз болыўына қарамай» деп кеңес береди? Бизиң ўазымызды жақсы қабыл етиўине ямаса етпеўине қарамай..
Өйткени бизлердиң ҳәммемиз жақсы ўазларға мүтәжбиз. Үзликсиз түрде.
Не ушын?
Себеби ўазлар күшли жәмәәттиң тийкарғы күши болып табылады. Ўазларда Мухаддес Китап принциплери толық баянланады ҳәм олар бизге өз өмирлеримизди Мухаддес Китап тийкарында қурыўға жәрдем береди. Ўазлар бәрқулла күшли жәмәәттиң тийкары болған.
Бир достым өзи жәмәәт тарийхы туўралы оқып атырған китабы туўралы айтып берген еди. Китапта қандай да бир ўақыт даўамында ўазларды қабыл етпеген жәмәәтлер ҳәлсиз болғаны туўралы сөз етилген еди. Ал ўазларға қандай да бир ўақыт даўамында дыққат қаратылғанда, жәмәәтлер беккемленип барған.
Бизлер ҳәммемиз Мухаддес Китап бойынша ўаз еситиўимиз тийис. Бирақ биз Мухаддес Китапқа сай ўазлар еситкенимизде, қатнасымыз қандай болыўы керек? Мен бир ўақытлары бир ақсақалдан ўазшылар туўралы не ойлайтуғынын сораған едим. Оның жуўаплары бәрқулла ерси болды. «О, мен мына ўазшы төрт алыўы керек болса да, оған үш қояман. О, мына ўазшы теманы надурыс ашты. О, мына биреўи де сондай иследи, мен басқаша ислеген болар едим».
Сен оның ислегенин түсиндиңиз бе? Ол ўазларды бир нәрселерди үйрениў, қандай да бир руўхый азық, жарылқаў алыў ушын тыңлаған жоқ. Ал ол ўазларды баҳалаў, өзи не айтқан болар екенин салыстырыў ушын тыңлайтуғын еди.
Мүмкин, Ийемиз усы ўазшылардың биреўин оның сөйлегенинен басқашарақ сөйлеў ушын жиберген шығар? Биз ўазларды не ушын тыңлаймыз? Оларды сынға алыў, мына я ана ўазшы қаншелли ғайрат пенен сөйлегенине қараў, олардың қандай да бир қәтелерин табыў ушын тыңлаймыз ба ямаса олардан бир нәрселерди үйрениў ушын әпиўайы мақсетте тыңлаймыз ба? Бизлердиң ҳәммемиз де ўақты-ўақты бир нәрселерди сүўретке түсирип турамыз ҳәм сүўретлер анық болмай, булдырап, аппақ болып шықса, яғный надурыс қатнас пенен тыңлаған бизлердиң өзлеримиз сыяқлы болып шықса, биз қапа боламыз. Биреў ўаз айтса, үйрениўге таяр болыў ушын, дуўа етиўимиз керек. Жақсы қатнас пенен тыңлаў – биз Мухаддес Китапты өзлестириў барысында баслаў керек болған ис. Масихый болып, мен өзимиздиң жәмәәттеги ўазларды тыңлаўды қатты унататуғын едим. Олар әжайып еди. Мен екшемби күни жәмәәтке асығып баратуғын едим. Бирақ сәршембиге келип, мениң руўхый өмиримниң азығы әлле қашан таўысылып қалатуғын еди. Не ушын? Себеби ылайықлы түрде жасаў ушын, тек тыңлап кетиў жеткиликли емес. Тыңлаў әҳмийетли, бирақ 2-бармақты қолланыўды баслаў керек.
———————————————————————————– 2-бармақ. Мухаддес Китапты оқыў.
Аян 1:3
Бул пайғамбаршылық сөзлерди оқыйтуғын ҳәм бул жерде жазылғанларды тыңлап, орынлайтуғынлар қандай бахытлы!
Сиз байқадыңыз ба, бул жерде 1-бармақ та, 2-бармақ та бар.
Тыңлаў ҳәм оқыў. Оқыў бизиң жүреклермизге сөздиң еле де тереңирек кирип барыўына жәрдем береди. Бул жерде ўәде Аян китабына тийкарланғанына дыққат қаратың. Бирақ сизге Мухаддес Китаптың басқа китапларын оқыў ушын жарылқаў алыўды қатты излеўге туўры келмейди.
Бул аятты көрип турып, не ушын ҳәмме жәмәәтке өзлери менен бирге Мухаддес Китапты әкелиўди мәсләҳәт ететуғынын түсинесең. Бул бизге оқыў ушын жәрдем береди.
Бирақ тоқтап турың. Ийса Өз душпанларына бир неше рет не айтқан еди? Ол: «Сизлер Мухаддес Китапта не айтылғанын растан-ақ оқымадыңыз ба?» – деген еди. Әлбетте, олар Мухаддес Китапты оқыған. Олар Мухаддес Китапты жақсы билиўши адамлар сыпатында белгили еди.
Ийса не ушын бундай сораў берген еди? Өйткени олар оқыған болса да, жүреклери ҳеш нәрсени қабыл етпеген еди.
Олар Мухаддес Китапты өз түсинигиниң, исениминиң ҳәм наданлығының тәсири астында оқыған еди.
Бизде де усындай болыўы мүмкин.
Бизде де Мухаддес Китапты ашқанымызда, былай деп дуўа етиўге азғырылыў болыўы мүмкин: «Қудай, маған жарылқаў бере гөр. Маған өзимди қалай ислететуғыныңды айт. Маған бир қызық нәрсе көрсет».
Усы дуўалардың ҳәммеси «маған» қаратылған.
Бирақ Мухаддес Китапты ашпастан бурын, исленетуғын жақсырақ дуўа да бар.
Усы дуўа мынадай: «Ийем, маған Өзиңниң қандай екениңди көрсет. Маған Сени жақсырақ түсиниўге жәрдем бер. Маған Өз уллылығыңды көрсет. Маған Сени билиўге жәрдем бер».
Масихыйлар арасында ең жийи ушырасатуғын машқалалардың бири – бул өсиўдиң тоқтап қалыўы болыўы мүмкин. Не ушын сонша жыллық масихый өмирден соң, көплер баста билгеннен гөре, ҳәзир азырақ нәрсе биледи? Масихый күшли, я болмаса ҳәлсиз болыўы, бул оның Қудай ҳаққында билимлерин қалай раўажландырыўына байланыслы.
Қудай менен қарым-қатнасымызды жеке емес, ал юридикалық қылыўға азғырылыў жүдә күшли. Биз Қудайға тек ҳүким шығарыўшы сыпатында ғана қараймыз».
Масихый өмир тез-тез бизиң Масихты Қутқарыўшымыз сыпатында қабыл етиўимиз дуўа етиўимиз бенен шекленетуғыны жүдә қайғылы. Болғаны, басқа ҳеш нәрсе емес. Бул егер неке рәсим менен шекленгени, ал кейин ҳәмме пүткил өмир даўамында қарым-қатнас болыўы керек екени ҳаққында умытқанына уқсайды. Ал пүткил өмир бойы ҳәр күни Қутқарыўшы менен жүриў, Оған ериў ҳәм Оны алғыслаў не болады?
Ҳақыйқатлық соннан ибарат, масихый өмирдеги раўажланыў бизиң Қудай ҳаққында билимимиздиң раўажланыўына сәйкес болады. «Биз Қудайды ҳәр күнги тәжирийбе арқалы көргенимиз арқалы өсип барамыз. Бизди Қудай ҳаққында ойлардан мыңлаған ойлар алағада қылыўы мүмкин. Бирақ егер биз дана болсақ, онда оларды шешиўши түрде ысырып таслап, патшалар Патшасына орын босатамыз ҳәм Оның менен бирге болыўға ўақыт ажыратамыз. Булардың ҳәммеси бизиң мақсетке қарай қаншелли умтылатуғынымызды көрсетеди».
Ақылы кемис адамды көргенимизде, биз қапа боламыз. Бирақ Қудайды билиўге ўақыт ажыратпаўымыз себепли бизде руўхый кемислик болса, кимди айыплаўымыз керек?
Айырымларға буны еситиў жақпайды, бирақ енди сиз шешим қабыл етиўиңиз керек. Мухаддес Китапта соншелли әжайып нәрселер бар. Келиңлер, алыңлар. Олар сизди күтип тур.
———————————————————————————
Зор, биз Мухаддес Китапты өзлестириўди әжайып түрде басладық.
1-бармақ: Қудайдың сөзин еситиў
2-бармақ: Қудайдың сөзин оқыў
———————————————————————————-
3-бармаққа өтемиз. Бул – Қудайдың сөзин үйрениў.
Тимофейге 2-хат 2:15
Ҳақыйқат сөзлерин дурыс үйрететуғын ҳәм өзи ушын уятқа қалмайтуғын, Қудайға унамлы, жақсы хызметши болыўға жан-тәниң менен тырыс.
Бул аят биз бир күни Қудай алдында турып, Мухаддес Китапқа қандай қатнаста болғанымыз ушын уялыўымыз мүмкинлигин еслетип, сергекликке шақырыўшы аят болып табылады.
Егер биз Мухаддес Китапты өзгерте алыўымыз, оны бурмалаўымыз, бузыўымыз, қыйсайтыўымыз ямаса ақылсызлық пенен ислетиўимиз ямаса оны өз өмиримизде я басқаларға түсиндириўде наҳақ мақсетлерде пайдалансақ болады деп есапласақ, онда биз жазасыз қалмаймыз. «Дурыс қалаў» ямаса «анық ислеп шығыў» «дүзиў кесиў» – булардың ҳәммеси аўдармаға байланыслы ҳалда ағаш усташылығына, гербиш өриўшиликке яки тас жоныўды сапалы ислеўге байланыслы.
Қайта оңлаў ҳәм қайта қурыў бойынша қандай да бир жойбарды тамамлағаннан соң, биз ҳәр сапары ҳәммесин дыққат пенен көзден кеширип, барлық сызықлардың туўрылығын тексеремиз. Ҳәмме шегара сызықлары имараттың басқа бөлеклери менен келисе ме?
Күнлердиң биринде Қудай да бизиң Мухаддес Китапты қалай қолланғанымызға қарайды. Биз оны дурыс қолландық па? Ямаса айыпланбай қутылып кетиў ушын, оны бурмаладық па? Онда жазылған принциплерди қолланыў ҳәм оларды басқаларға үйретиў ушын ғайрат пенен мийнет еттик пе? Бул ҳәр бир ата-анаға ҳәм жас жумысшыға, және де, Мухаддес Китапты басқаларға түсиндириўге ҳәрекет етиўши бизлердиң арамыздағы ҳәммеге тийисли.
Бир муғаллим ҳаққында мынадай гүрриң бар. Ол классқа өзи менен бирге бир банка әкелип, ҳәммеге көриниўи ушын, оны столға қойды. Муғаллим медик студентлер байқағыш болыў қаншелли әҳмийетли екенин түсиниўин қәлеген еди. Муғаллим банканы қолына алып: «Бул банкада анализ үлгиси бар. Жийи-жийи наўқастың қай жери аўыратуғынын дәм арқалы билиўге болады», – деди. Кейин ол бир бармағын банканың ишине тығып, бармағын аўзына салды. Соң ол банканы классқа жиберип, ҳәр бир студент усылай ислеў кереклигин айтты. Солай етип, қатарма-қатар, банка студентлердиң бириниң изинен екиншиси бойлап, пүткил аудиторияны айланып шықты. Ҳәр бир студент оның ишине бармағын тығып көрип, кейин оны аўзына салды. Муғаллимнен басқа ҳәммеси усы ҳәрекетти ислеп болғаннан соң, дәрриў жүзлерин бүристирди. Банка муғаллимниң қолына қайтып келгеннен соң, ол: «Қәдирли студентлер сизлер жүдә байқағыш болыўыңыз керек. Егер сизлер байқағыш болғаныңызда, мен банкаға бир бармағымды салғанымды, ал аўзыма болса, басқа бармағымды тыққанымды байқаған болар едиңиз», – деди.
Сизлер мәнис неден ибарат екенин түсиндиңиз деп, үмит етемен. Адамлардың жийи-жийи: «Мен Мухаддес Китапта ҳеш нәрсе көрмеймен. Ҳеш қандай мәнис көрмеймен», – деп айтқанын еситемиз. Буның себеплериниң бири мойынланбаған гүна болыўы мүмкин. Бирақ басқа да себеплер бар. Бул – ериншеклик. Инталы, дыққатлы болыўдан, детектив сыяқлы жуўапларды излеўден, дәлиллерди изертлеўден, қосымша мағлыўмат излеўден ўаз кешиў де себеп болады. Майд-шүйдени жақсы көриң.
Сиз Мухаддес Китаптан Ийса туўралы оқысаңыз, өзиңиз ушыратқан ҳеш ким ислемеген нәрсени сиз ушын ислеген Оны көресиз. Сиз Оны атанақ ағашта көрсеңиз, Онда өз гүналарыңызды көрмегенше, дыққат пенен қараң. Оннан аққан қанды көргениңизде, бизиң гүналарымыз ушын берилген минсиз қурбанлықты көрмегенше, қараўды тоқтатпаң. Ол: «Маған ериңлер, дегенде, Оның жеке сизге қарата айтып атырғанын түсинбегениңизше, басқа бетке өтпең.
Майда-шүйдени жақсы көриң. Сонда сизиң руўхый өмириңиз жүдә өзгерип кетеди.
Мениң жақсы масихый достым бар. Ол бир нәрсе түсиндиргенде, бәрқулла былай дейди: «Мухаддес Китап мынаны, мынаны айтпай ма? Келиңлер, майда-шүйдени жақсы көрейик. Мухаддес Китаптың қайсы жеринде мына ҳәм мына нәрселер ҳаққында айтылған?
Аятлардың анық түсиндирмесин ҳәм оларға берилген силтемелерди билиң. Ҳәммеси дурыс болсын.
Қудай бир күни Өзи бизлерге берген китапқа жақсы қатнаста болғанымыз ушын бизди мақуллаўы ушын, биз оны соншелли дыққат пенен үйренемиз бе?
———————————————————————————-
4-бармақ – Сөзди ядлаң
Бир неше ҳәпте бурын, мен Мухаддес Китаптан аят ядлағаны ушын, бир жақсы достымды руўхландырыўға ҳәрекет еттим. Ол маған: «Жақсы. Мен әлбетте, буны ислеймен, бирақ бул оншелли әҳмийетли емес», – деди. Мен бақырып жибергим келди.
Онда аятларды ядлаўға деген бундай қорқынышлы қатнас қаяқтан пайда болды? Оны денениң жаман қәлеўи, менменлик ҳәм ериншеклик бийлеп алған еди. Мен буны билемен, себеби ол маған усыны айтқан еди. Ол Қудай өзин жақсы көретуғынына жийи-жийи гүманланады. Ол бахытсыз. Бирақ ол аятларды ядлаў масихый өмирдиң әҳмийетли бөлеги деп есапламайды.
Келиңлер, Римлилерге 12:2 ни оқыйық
Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
Жүдә әҳмийетли, ойланыўға мәжбүр етиўши аят. Сизиң Мухаддес Китабыңызда бул аяттың асты сызылған деген үмиттемен.
«Жаңаланыў» – күшли сөз. Ол «metamorphosis» деген грек сөзинен келип шығып, қурттың гүбелекке айланғанда түп-тамырынан өзгериўин билдиреди.
Шәкиртлер Ийсаның түр-түси өзгергенде, Ондағы өзгеристи усылай сүўретлеген еди.
Былай деп жазып қойың: «Бул сөз басқа түске өзгериўди аңлатады. Гүбелек пенен усы нәрсе жүз берген еди ҳәм таўда түр-түси өзгергенде, Ийсаның жүзи жарқырағанда да усындай болған еди. Оның кийимлери аппақ болып кеткен еди.
Масихый ушын жаңаланыў Ийса таўда қалай жарқырап кеткен болса, сондай жарқырайтуғынын билдиреди. Мухаддес Руўхқа өз өмиринде ислеўге жол қойса, ол Ийсаға уқсайтуғын болады. Биз қуры тамашагөй болып қалмай, Қудай Патшалығының қурылысында қатнасыўшы боламыз.
Жаңаланған исениўшилер қорқпай жасаўға, өзлерине қымбатқа түсетуғын масихый өмирде жасаўға ҳәрекет етеди.
Жаңаланған исениўшилер дүньяның емес, ал Қудайдың мақуллаўы ҳаққында қайғырады. Жаңаланған исениўшилер дүньяға бейимлескен исениўшилер қәдирлейтуғын нәрселерди қәдирлемейди. Жаңаланған исениўшилер қысқа ўақыт даўам ететуғын истиң биреўинен екиншисине секирмейди. Ал тийкарғыларына умтылыўды қәлейди. Жаңаланған исениўшилердиң (аятқа қараң) ой-пикирлери жаңаланады.
Қыста гейде машиналардың музда сырғанағанын көремиз. Биз қорқыныштан қатып қаламыз. Бирақ жол бойындағы бөгеў машиналарды шуқырға ямаса далаға қулап түскизбей, қәўиптен сақлайды.
Бизге шайтан ҳүжим жасаса, биз бир тәрептен екинши тәрепке сырғанаймыз ҳәм сонда биз жолдан шығып, руўхый шуқырға түсип кетиўимиз де мүмкин. Егер биз жол бойына Қудайдың жолында қалыўға жәрдем беретуғын қорғаўшы тосық қурмасақ усындай болады.
Мен жаңа ғана масихый болғанымда, өмиримде машқалалар пайда болса, биринши гезекте Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм ийгилигине байланыслы гүманланыўды баслайтуғын едим. Мен дәрҳал ашыўланып қалатуғын едим. Сонда мен Қудайдың сүйиспеншилиги ҳәм ийгилиги ҳаққында аятларды ядлаўды баслағанымда, бул аятлар мени Қудайдың жолында услап қалыўшы қорғаўшы қурылмалар болды.
Енди болса, қандай да бир жағымсыз нәрсе жүз берсе, мен дәрҳал Қудайдың ийгилигинен ҳәм Оның сүйиспеншилигинен услап аламан. Шайтанды жеңиў ушын, бул маған керек.
Аўа, мен Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаўды баслаўдан кейин де машқалалар пайда болды. Бирақ бул қорғаўшы қурылмалар болған аятлар маған қутқарыўшы усыллар болып табылады. Мен оларды услап аламан, олар маған аўҳалды жеңиўге жәрдем береди. Ал өзи денениң жаман қәлеўинен ҳәм басқа гүналардан ғәрезли болған мениң достым өз өмиринде қорғаўшы қурылмалар қурыўы тийис.
Егер биз: «Кел, мен саған сол аятты көрсетейин, бирақ оның қай жерде екенин билмеймен», – десек, Масих ҳаққында қалайынша тәсирли гүўалық бере аламыз. Егер биз: «Ой, сен руўхый түскинликтесең бе? Саған жәрдем беретуғын
бир жақсы аят бар еди, бирақ мен оның қай жерде екенин билмеймен», – десек, басқаларды қалайынша тәсирли түрде жубата аламыз.
Келиңлер, туўры сөйлейик. Аятларды ядлаўда бизлердиң баслы тосқынлығымыз – бул ериншеклик.
Екиленбеңлер. Сиз: «Ҳаў, мына аят маған жүдә жәрдем берди-ғо!» – деп айтатуғын биринши адам болмайсыз. Бизге өмиримиздиң қорғаўшы қурылмалары керек.
Егер ҳәзир сизиң өмириңизде күшли сынақлар болмаса, онда қыйын ўақытларға таяр турыў ушын, қорғаўшы қурылмаларға ҳәзир ўақыт ажыратың.
Жаңаланған сана-сезим Мухаддес Жазыў менен соншелли сиңдирилген болып, гүна ислеўге азғырылыў туўылса, ол туўры келетуғын аятты услап алып, Қудайдың жолынан бурылмайды.
Мүмкин, мен қәтелесип атырған шығарман, бирақ мениңше, бизиң дүньямызды қыйын ўақытлар күтип тур. Қудайға сана-сезимимизди жаңалаўға жол қойып, биз ҳәзир оларға таярланамыз ба?
Солай етип, биз төрт бармақты қарап шықтық:
еситиў
оқыў
үйрениў
ядта сақлаў
Ақыры, 5-бармақ:
—————————————————————————-
Келеси аят үстинде ой жуўыртып көриң: Ешуа Нун 1:8
Егер биреў сизге медитация ислеп атырғанын, ойланып турғанын айтса, биринши болып ойға оның түскинликте екени ямаса ол айырым қультлардың яки шығыс динлериниң тәрепдарлары сыяқлы «мммммммммм» деп отырғаны келеди.
Бундай қатнас шайтанның бир жүдә әҳмийетли нәрсени яки масихый өмирдеги жарылқанған нәрсени бурмалағанын дәлиллейди.
Ешуа Нун 1:8 ди оқың.
Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.
Күнлердиң биринде Қудай басыңыздан сыйпап: «Бәрекелла, сениң өмириңди табыслы адамлардың китабына жазып қоямыз», – деп айтқанын қәлейсиз бе?
Егер биз өз өмиримизде 5-бармақты жедел түрде қоллансақ, Қудай бул аятта анық усыны ўәде етеди.
Солай етип, ойлаў нени билдиреди? Ол сизиң Мухаддес Китаптан қандай да бир аятты ямаса бир неше аятты алып, олар үстинде күшли түрде ойлаўыңызды, ақыл жуўыртыўыңызды, өзиңизге сораўлар бериўиңизди билдиреди. Олардың мәниси қандай? Олар Қудай ҳаққында сизге не айтады? Сизиң өмириңиз усы аят себепли қалай өзгериўи керек? Сиз Ийемиз усы аятлардың мәнисин ашып бериўи ушын дуўа етесиз. Және, олар үстинде ой жуўыртасыз да. Сиз аятта айтылғанларды ислейсиз бе? Оларда айтылғанларды ислеўге не кесент етеди? Бул аятта ким жақсы үлги болады? Қудай не ушын бул аятты Мухаддес Китапты киргизди?
Сиз Мухаддес Китаптан қандай да аятларды аласыз ҳәм ғайрат салып дуўа етесиз. Бул аятларды өмирде ис жүзинде қолланыў ушын сораўлар бересиз.
Не ушын бүгин ойлаў ҳаққында аз сөз етиледи? «Масихыйлардың пүткил әўладлары кнопки басыўға тәрбияланып, үйретилген еди. Көз алдыңызға келтирип көретуғын барлық гаджетлер менен салыстырғанда, ойлаў ескирген деп есапланады. Бирақ Мухаддес Китаптың көз қарасы бойынша бизиң мәдениятымыз ескирген болып табылады».
Жетискенликке апаратуғын тез жол жоқ. Ойлаў тез болыўы мүмкин емес.
Ҳәр гүзде ширели, жумсақ, жүдә мазалы гөш таярланатуғын зүрәәт байрамын асығыслық пенен күтемен. Гөштиң бундай болыўының себеби ол әстен жағылған отта писирилгенликтен, ол ширеге сиңип турады.
Мен әдетте қанша гөш жейтуғынымды айыўта уяламан. Бирақ стол әтирапында өспиримлер мен қосымша қанша сорап жейтуғынымды айтады.
Ойлаў Қудайдың сөзиниң ширесиниң сизиң жүрегиңизге ағып кириўине жол қойып, оны жумсақ қылады ҳәм пүткил өмириңизди Мухаддес Китапқа сиңдиреди. Ол сизиң өмириңиздиң барлық мүйешлерин толтырып, сизди еле де Масихқа уқсатып барады. Солай етип, сиз буны ҳеш қашан көз алдыңызға келтирип көрмеген де шығарсыз. Буны тек Қудай ғана ислей алады.
Ислеп көриң, бул сизди өзгертеди.
Дүньядағы өмир ағысына қатты қарсы тура алыўымыз ушын,
Қудайды алғыслаў сиз ушын соншелли қымбатлы болыўы тийис. Биз өзимизди иркетуғын ҳәм Қудайға барыўдан бизди тыятуғын ҳәмме нәрседен кескин ўаз кешемиз.
«Егер биз келешекти жақсылаўды қәлесек, барлық бес бармақты қолланып, ҳәзирги ўақытта ҳәрекетке келтириўимиз керек.
Көп белгили шығармалардың белгили авторы колледждеги студентлер алдында шығып сөйлеў ушын мирәт етилди. Олар өзлерин жазыўшылыққа бағышлаўды қәлейтуғын еди. Ол шығып, олардан былай деп сорады: «Сизлердиң ишиңизде қаншаңыз жазыўшы болыўды анық нийет етеди?» Студентлердиң биреўи қалмай қол көтерди. «Олай болса, мен сизлерге үйлериңизге кетип, жазыўды мәсләҳәт етемен», – деди ол. Кейин ол өз жазбаларын қалтасына салып, аудиториядан шығып кетти. Студентлердиң ҳеш бири де бул ўақыяны кейин умытпады деп ойлайман.
Мәниси түсиникли болды. Бир нәрсени ислеп үйрениў ушын, оны айтып емес, ал айтпай үйрениў керек.
Масихый өмирде де сондай. Биз Мухаддес Китапта айтылғанды айтпай ислеўимиз тийис.
Бизди алып кетиўге келгенде, Ийса нени табады? Ол бизиң бес бармақты үйренгенимизди, Мухаддес Китапқа қатты жабысып алғанымызды ҳәм өз мүмкиншилигимизди жүз пайызға қолланғанымызды көре ме?
Бизиң өмиримиз жаңаланып, Масихқа исенген көп адамларға тәсир жасағанын көре ала ма?
Сөзди еситиң
Сөзди оқың
Сөзди үйрениң
Сөзди есте сақлаң
Сөз үстинде ой жуўыртың
Егер мен Мухаддес Китапты бир бармақ пенен усламақшы болсам, сиз оны меннен аңсат алып қоясыз.
Егер мен Мухаддес Китапты еки бармақ пенен усламақшы болсам, бул сизге азырақ қыйын соғады.
Бирақ егер мен Мухаддес Китапты бес бармақ пенен беккем усласам, мен утаман, ал сиз утыласыз.
Шайтан бул китаптың бизиң жүреклеримизге ҳәм басларымызға түскенине жол қоймаўға қатты тырысады. Егер мен оны бас бармағымның ҳәммеси менен алсам, шайтан жеңиледи, ал Қудай жеңип шығады.
Келиңлер, анық усылай болыўы ушын ҳәрекет етейик!