Келиңлер, Мухаддес Китаптан аятларды ядлаўдың әҳмийетли екенин тереңирек түсиниўге ҳәрекет етиў ушын ўақыт ажыратайық.
Мухаддес Китаптан аятларды ядлаў не ушын әҳмийетли екени бойынша 12 себеп табыўға болады.
- Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў бул дүньяның ақыры келгенде таяр болыўымыз ушын әҳмийетли.
Амос 8:11
Ийе, Жаратқан Ийе былай дейди:
«Мынадай күнлер келеди,
Жер жүзине ашлық жиберемен.
Нан ҳәм суў қыткершилиги емес,
Жаратқан Ийениң, Мениң сөзлеримди еситпегенликтен, аш қалады.
Орта Азиялы жигирма жасар бир жигит Мухаддес Китап аятларын ядлаў не ушын соншелли әҳмийетли екенин, полиция масийхый китапларды тартып алып кетемен дегенге шекем түсинбейтуғын еди. Сонда ол қәлеген ўақытта, қәлеген жерде қоллана алатуғын аятларды ядлаў қаншелли әҳмийетли екенин, ҳәм буны оннан ҳеш ким тартып ала алмайтуғынын түсинди.
Сизди исенимиңиз себепли қамаққа алмайды деп үмит етемен. Бирақ егер бул жүз берсе, ядланған аятлар сизиң қутқарылыўыңыз болады – олар сизиң жүрегиңизге тынышлық береди, дыққатыңызды жәмлеўге жәрдем береди, кейин қандай қәдем таслаў кереклигин көрсетеди.
Таяр болың! Аятты ҳәзир-ақ ядлаң!
Және де, ҳәтте, егер милиция сизден Мухаддес Китабыңызды тартып алмаса да, Мухаддес Китап бизлер менен базарға барсақ та, достымызға қонаққа барсақ та бәрқулла бирге болмайды. Бирақ егер аятлар бизиң басымызда болса, бизлер оларды Хош Хабар айтыў ямаса жигерлендириў ушын нәтийжели түрде қоллана аламыз. Алдын ала жобаластырың!
- Аятларды ядлаў бизлерге көрсетпе сыпатында бериледи.
Нызамның қайталаныўы 6:5-9
Қудайыңыз Жаратқан Ийени пүткил жүрегиңиз, пүткил жаныңыз ҳәм пүткил күшиңиз бенен сүйиң. Бүгин мен сизлерге берип атырған бул буйрықларды ой-жүрегиңизде сақлаң. Буларды балаларыңызға да муқыятлы түрде үйретиң. Үйде отырғанда да, жолда жүргенде де, жатқанда да, турғанда да усылар ҳаққында айтып бериң. Буларды белги қылып, қолларыңызға байлап қойың, майлайыңызға нышан сыпатында тағып қойың. Үйиңиздеги есигиңиздиң жақлаўларына, қалаларыңыздың дәрўазаларына жазып қойың.
Егер бизлер балаларымызды ҳәм басқа адамларды бир нәрселерге үйреткен ўақытта қандай да бир сәтлерди қолланғымыз келсе, аятларды ядтан айтып берсек бул жүдә пайдалы болады. Егер бизлер ҳәр күни сөйлесиўлеримизге ҳәм ўақыяларға Мухаддес китаптан ядлаған аятларымызды қоссақ жақсы муғаллимлер боламыз. Бул басқа адамлардың өмирлерине тәсир етеди.
- Аятларды ядлаў бизлерди гүналардан тазалайды ҳәм бизлерге гүна ислемеўге жәрдем береди.
Забур 118:9-11
Жас жигит қалай пәк жол менен жүре алады?
Сениң сөзиң менен жасаса, сондай қыла алады.
Пүткил жүрегим менен Саған умтыламан,
Буйрықларыңнан шетке шығыўыма жол қойма!
Саған қарсы гүна ислемеўим ушын,
Жүрегимде сақладым сөзлериңди.
Қаншама жаслар гүна ислеўдиң күшли азғырылыўына дуўшар болды, бирақ олар гүналы ҳәрекетлерден сақлайтуғын Мухаддес Китаптың аятларын ядлағанының арқасында гүна ислемеди.
Жаслар жасы үлкенлер сыяқлы аятларды есте сақлаўы тийис. Телевидениеде, айырым қосықларда көп әдепсизликлер, порнографияға азғырылыў бар, сонлықтан да олар бизлердиң пәклигимизди сақлаўы ушын Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаўымыз керек.
- Аятларды ядлаў бизлерге Масихқа уқсаўға ҳәм шайтанды жеңиўге жәрдем береди.
Матта 4:4,7-10
Ийса жуўап қайтарып: – «Адам тек ғана нан менен емес, ал Қудайдың аўзынан шыққан ҳәр бир сөз бенен жасайды», – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
Ийса оған: «Жаратқан Ийеңди сынама!» – деп те Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
8 Және шайтан Оны жүдә бийик бир таўға апарып, Оған дүньяның барлық патшалықлары менен олардың сән-салтанатларын көрсетип:
9 – Егер аяғыма жығылып, маған табынсаң, усылардың ҳәммесин Саған беремен, – деди.
10 Сонда Ийса оған:
– Жоқ бол көзимнен, шайтан!
« Жаратқан Ийеңе сыйынып,
Тек Оған хызмет ет!» – деп Мухаддес Жазыўда айтылған, – деди.
Бул жерде Ийса шайтанға қарсы турады ҳәм жеңиске ериседи. Не ушын? Ийса не ушын бундай күшли азғырылыўға берилмеди. Себеби Ол Қудай. Және де, Ол бизлерге бул арқалы ядланған аятлардың күшин көрсетеди. Ийса жер бетинде жасаған ўақытта еврей балалары айырым ўақытлары Ески Келисимниң барлық китапларын ядлап алған ҳәм бул аятларға қарап Ийса да сондай қылған деп жуўмақ шығарыўға болады. Шайтан Ийсаны азғырғанда, Ол: «Маған ойланып алыўға бир ҳәпте ўақыт бер», – деп айтпайды. Яқ! Ийса үш мәртебе: «Жазылған, жазылған, жазылған», – дейди. Ол аятларды жүдә жақсы биледи.
Келиңлер, ҳәммесине шынлық нәзеринен қарайық. Шайтан бизлерди азғырған ўақытта әдетте өмиримиздеги қайсы тараўында буны ислеўге ҳәрекет ететуғыны таң қаларлық нәрсе емес. Бизлердиң ҳәммемиз қандай ҳәлсиз тәреплеримиз бар екенин жақсы билемиз. Сонлықтан да бизлер күшли болыўымыз ушын, соларға тийисли аятларды ядлаўымыз керек. Егер сизиң ҳәлсиз тәрепиңиз ашыўшақлық болса, онда ашыў ҳаққында аятларды ядлаң. Егер сизиң ҳәлсиз тәрепиңиз дене қәлеўлерине болса, онда дене қәлеўлери ҳаққындағы аятларды ядлаң. Егер машқалаңыз ашкөзлик болса, онда ашкөзлик туўралы аятларды ядлаң. Алдыннан жоба дүзиң!
- Аятларды ядлаў бизлерди жақсы ислерге таярлайды.
Тимофейге 2-хат 3:16-17
Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
Бизлер таярланған боламыз, себеби аятларды ядлаў бизлерге Масийхқа уқсаўға жәрдем береди, жоқ қылады ҳәм бизлерди Масийхқа уқсаўда беккемлеп барады. Сонда бизлердиң өмиримиз сөйлеген сөзлеримизге қайшы келмейди. Және де, бизлер таярланған боламыз, себеби аятларды ядлағанымыздың арқасында бизлерде басқаларға Масийхқа исенимгеў қалай келиў, масийхый өмирде қалай жасаў, машқалаларды қалай жеңиў туўралы айтатуғын сөзлер болады.
- Аятларды ядлаў бизлерге нәтийжели ибадат ететуғын өмирде жасаўға жәрдем береди.
Юхан 15:7
Егер сизлер Менде болып. Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
Ақылымызға Мухаддес Китаптағы аятларды сиңдирип ҳәм усы аятларды түсиниўге, оларға әмел қылыўға ҳәрекет етип, бизлер Қудайдың еркине сай ибадат қыламыз сонда Жаратқан Ийе бизлердиң ибадатларымызға жуўап береди. Бизлер масийхыйдың өмиринде болыўы керек емес болған нәрсе ушын дуўа етип, Қудайдың ҳәм өзлеримиздиң ўақтымызды босқа сарпламаймыз.
- Аятларды ядлаў бизлердиң жолларымыздың табыслы болатуғынын ўәде етеди.
Ешуа Нун 1:8
Нызам Китабында жазылған сөзлерди аўзыңан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.
Бир минут! Мүмкин, сиз аятларды ядлаған исениўшилерди билетуғын шығарсыз, бирақ олар баҳасы жүзлеген миллионлық үйлерде жасамайды ҳәм қымбат машина минбейди. Табыслылық деген не онда? Дүньядағы табысты (ақша, бийлик, лаўазым) Қудайдың табысы менен (Қудай ҳәм басқалар менен тынышлықта жасаў, гүна үстинен жеңис, Мухаддес Руўхтың жемислерине толы өмир) алжастырмаң. Егер бизлер Қудайдың көз қарасы менен табысқа ерисиўди қәлесек, аятларды ядлаў бизлерди усыған дыққатымызды жәмлеўге жәрдем береди, дурыс жолға бағдарлайды, қоллап-қуўатлайды ҳәм бизлер Қудайдың көзинде табысқа ерисиўимиз ушын, мақсетимизди көрсетеди.
- Аятларды ядлаўдың үлгисин елшилер көрсеткен.
Елшилердиң ислери 2:16-21, 25-28
Бирақ бул көрип турғанларыңыз пайғамбар арқалы алдын ала айтылған еди:
17 «Қудай былай дейди:
Ақырғы күнлерде барлық адамлардың үстине Өз Руўхымды жаўдыраман.
Улларыңыз ҳәм қызларыңыз пайғамбаршылық етеди.
Жасларыңыз аянлар, қартайған адамларыңыз түслер көреди.
18 Сол күнлерде Өзимниң ер ҳәм ҳаял хызметшилеримниң үстине де,
Өз Руўхымды жаўдыраман,
Олар да пайғамбаршылық етеди.
19 Жоқарыда, аспанда таң қаларлық нәрселер,
Төменде, жер жүзинде кәраматлы белгилер:
қан, от ҳәм бурқыраған түтинлерди көрсетемен.
20 Жаратқан Ийемиздиң уллы ҳәм салтанатлы күни келместен алдын,
күн қараңғыланады, ай қанға айланады.
21 Сонда Ийемиздиң атын айтып шақырған ҳәр бир адам қутқарылады»
Ол ҳаққында Даўыт былай деген:
«Ийемди ҳәмме ўақыт көз алдымда көрдим,
Ол мениң оң жағымда болғанлықтан, мен сүрникпеймен.
26 Сонлықтан кеўлим қуўанып, тилим шадланып сөйлейди.
Денем де үмит ишинде жасайды.
27 Себеби Сен жанымды өлилер мәканына таслап кетпейсең,
Өз Мухаддесиңди ширитип қоймайсаң.
28 Маған өмир жолларын үйреттиң,
Мени Өз жаныңда қуўанышқа бөлейсең».
Бул – Петрдиң өмириндеги ең әҳмийетли сөзлер. Олар неден ибарат? Олар Петр ядлаған Жаңа Келисимниң үлкен үзиндилери. Бизлерде басқалар алдында әҳмийетли жағдайға байланыслы (мысалы: жерлеў мәрәсиминде ямаса тойда) сөйлеўге мүмкиншилик бар болса, онда Петрден үлги алып, өз сөзлериңизге Мухаддес Китап аятларын киргизсеңиз бул даналық болады.
- Аятларды ядлаў бизлердиң хызметимиздиң табыслы болыўына жәрдем береди.
Еврейлерге 4:12
Қудайдың сөзи тири ҳәм тәсирли. Ол еки жүзли қылыштан да өткир болып, жан менен руўхты, буўын менен сүйеклерди бөлетуғын дәрежеде суғылып киреди: ол жүректеги ой ҳәм нийетлерди әшкара қылады.
Еки жүзи өткир қылышлар өз күши ҳәм нәтийжелилиги менен қорқытады, әсиресе оларды шыныққан әскер қолланса. Көз алдыңызға келтирип көриң, сиз аятларды ядлаўға ўақыт ажыратқаныңыздың арқасында сизиң ақылыңыз еки жүзи өткир қылышқа уқсап қалады. Оны қолланып, сиз алдаўшы ойлар менен жеңил гүресиўиңиз, өз жолыңызда ушырасқан жалғанды зыянсызландыра алыўыңыз, қараңғылықты жарып өтип, сизиң Ийемиз бенен басып өтетуғын жолыңызда тосық болған ҳәмме нәрсени кесип таслай алыўыңыз, сүйиспеншиликке мүтәж адамлар менен сүйиспеншилик ҳәм исеним менен бөлисе алыўыңыз мүмкин. Сизиң ақылыңыз қылышы қаншелли дәрежеде өткир?
- Аятларды ядлаў арқалы бизлерге Қудайдың басқарыўына береди.
Забур 118:105
Сөзлериң қәдемлерим ушын жарықлық,
Жолыма нур шашатуғын нур.
Ўақыт жүдә қәдирли, ол зымырап өтеди. Бизлердиң өмиримиз сондай тез өтип кетеди! Бизлер ҳәр бир күнди Қудайдың даңқы ушын қолланамыз ба, Оның күнделикли ислеримизди басқарыўына жол қоямыз ба? Оның өмиримиздиң ең жақсы менеджери екенин түсинемиз бе?
- Аятларды ядлаў бизлердиң жүреклеримизде Қудайға хызмет етиўге деген от пайда етеди.
Лука 24:32
Олар бир-бирине:
– Ол жолда бизлер менен сөйлесип, Мухаддес Жазыўларды түсиндиргенде, жүреклеримиз қуўанышқа толмаған ба еди? –деди.
Дүньяға Қудайдың буйрықларын орынлаўшы, Қудайды пүткил жүреги, жаны, ақылы менен сүйетуғын, Қудайдың Патшалығы өсип барыў ушын қәўипке барыўға таяр болған исениўшилер керек. Бизлер ядлаған аятлар Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ҳәмме нәрседе жәрдем береди. Келиңлер, жүреклеримизде Қудайға хызмет етиўге деген жалын жанып турыўы ушын ҳәрекет етейик.
- Аятларды ядлаў – бизлердиң ақылымыздың жаңаланыўы ушын ең нәтийжели усыл.
Римлилерге 12:2
Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
Бул аятқа дыққат пенен қараң. «ой-пикирлериңизди жаңалаў» сөзи Мухаддес Китап жазылған тилде «metamorphosis» деген сөз болып, қурттың гүбелекке айланыў процессин билдиреди. Бул аят не ҳаққында сөз етеди? Бул егер бизлер аятларды ядлаўға жуўапкершиликли түрде қатнас қылсақ, бизлер өзгерип, басқа формаға ийе болатуғынымыз ҳаққында сөз етеди. Бизиң атымыз ҳәм сыртқы көринисимиз бурынғыдай болып қала береди, бирақ ишимизден бизлер басқа адам боламыз. Аятларды ядлаўға жуўапкершиликли қатнаста болың ҳәм сонда сиз не жүз беретуғынын көресиз. Сизиң басыңызда өзиңиз орынлайтуғын аятлар қаншелли көп болса, сиз Масийхқа соншелли көбирек усап барасыз. Әжайып!
Сегиз жыл алдын мен ата-анасы урған, армияда да таяқ жеген бир жас жигит пенен танысып қалдым, ол 4 рет өзин-өзи өлтирмекши болған ҳәм ол порнографияға қызыққан, өзин әўметсиз адам деп есаплаған. Ал бүгинги күнде болса ол бахытлы, үйленген, жақсы әке болып, жумысында да ҳүрметли адам ҳәм ол жәмәәтте де ҳүрметли жетекши болып, пәк өмир кеширип, Ийемиз бенен қуўанып жасайды. Бундай өзгерис қалай жүз берген еди? Ийсаға өз Қутқарыўшысы сыпатында исенип, ол Мухаддес Китаптағы аятларды күш салып ядлап ҳәм олар туўралы ой-пикир жүргизип баслады. Ол өз сана-сезимин Қудайдың сөзиниң жәрдеминде қайта программалаў ушын автобуста баратырғандағы ўақтын ҳәм күндизги ҳәр бир бос минутын қолланып, өз ақылын тийисли аятлар менен азықландырды. Оның өмиринде жүз берген нәрсе сизиң өмириңизде де жүз бериўи мүмкин, егер сиз де ол сыяқлы ықлас пенен мийнет етиўди қәлесеңиз.
Бир неше жыл алдын атақлы бир масийхыйдан егер онда сондай мүмкиншилик болса, тарийхта болған қайсы адам менен ушырасқысы келетуғынын сораған еди. Ол өзи болыўы мүмкин болған адам менен ушырасыўды қәлеймен деп жуўап берди. Ол масийхый болыўына қарамай, өз өмириниң көпшилик бөлегин босқа сарплағанын билетуғын еди. Егер де ол ҳәмме нәрседе Қудайға қулақ салса, оның өмири қандай болыўы мүмкин екенлигин көргиси келетуғын еди. Егер сиз бенен биз аятларды ядлаўға жуўапкершиликли қатнаста болып, бул ушын тийисли түрде күш салсақ, бизлер Қудай ойлағандай адамға айланып барамыз. Сонда бизлерге көргенлеримиз унап қалады ҳәм бизлер усы жолда болғанымыз себепли де өкинбеймиз.
Аятларды жуўапкершилик пенен ядлаўға мүмкин болғанынша жақсырақ қатнаста болың.
Аятларды ядлаў бойынша кеңеслер:
Өзиңизге керекли аятты таңлаң.
Оны ҳәр күни оқың.
Оны қағазға жазып, күн даўамында қайта-қайта оқыў ушын қалтаңызға салып жүриң.
Бул аяттың нени аңлататуғыны бойынша өзиңизге сораў бериң.
Бул аятта ким жақсы үлги болатуғыны бойынша өзиңизге сораў бериң.
Бул аятты орынлаўға не кесент етип атырғаны бойынша өзиңизге сораў бериң.
Бул аятты ядлаў ушын, сиз қандай анық қәдемлер атыўыңыз кереклиги бойынша өзиңизге сораў бериң.
Бул аятты шомылатуғын бөлмеңизге ҳәм музлатқышқа қыстырып қойың.
Тәкирарлай бериң, қайталай тәкирарлай бериң, тәкирарлай бериң.
Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў ең тийкарғы ис, бәлким бул ең қыйын ис болса да, ҳәрекетлериңиз жүз есе етип сыйлықланады!