Қуўдаланыў
Ийсаның избасарлары қуўдаланады.
Сиз таярсыз ба?
«Қуўдаланыў» сөзи бизиң дыққатымызды тартады, бизди терлеўге мәжбүр етеди, қан басымын көтереди ҳәм көп адамларды уйқыдан айырады. Бул масийхый өмирдиң жағымсыз бөлеги болса да, ол исенимде жүриўдиң тийкарғы бөлеги болып табылады. Қуўдалаўлар соншелли дәрежеде жуўапкершиликли, соншелли әҳмийетли болып, биз бул жерде масийхый өмирдиң ең қыйын жағдайларында Ийемизге алғыс-даңқ келтирип, дурыс ис тутыўды қәлеймиз. Солай етип, келиңлер, Мухаддес Китап бизге нени үйрете алатуғынын дыққат пенен көрип шығайық.
1-түсиник: Қуўдалаўлар ҳәмме исениўшилерге ўәде етилген.
Ҳақыйқатында, Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады. Тимофейге 2-хат 3:12
Бул бизлерге не туўралы сөз етеди? Руўхыңызды көтериң! Егер сизди масийхый сыпатында қуўдаламай атырған болса, демек, онда бул, сизиң Қудайға унайтуғын өмирде жасамай атырғаныңыз туўралы сөз етеди. Мүмкин, сиз Масийхқа исенетуғыныңызды жасырған шығарсыз, я болмаса, бул дүньяға тийисли адамлар өзлерин қалай тутатуғын болса, сиз де өзиңизди солай тутқан шығарсыз. Қандай жағдай болса да, сиз Қудайға унайтуғын өмирде жасамағансыз. Себеби Қудайға унайтуғын өмир – бул қуўдалаўлар ушын магнит болып табылады. Сиз азап шегип атырсыз, себеби Масийхқа уқсаслық сизиң өмириңизде анық көринди. «Қудайға унайтуғын өмир үнсиз ямаса жарым-жарты болыўдан ўаз кешиў дегенди аңлатады. Керисинше, бул батырлық пенен исенимде турыў ҳәм мәртлик, сүйиспеншилик пенен исенбеўшиликтиң өтиригин әшкаралаў болып табылады». Тыртықлар – бул ҳәр бир исениўши өзиниң Ийсаға садықлығы ушын төлейтуғын төлеми. Олар және де Қудай алдында исеним грамоталары болып табылады».
Есиңизде болсын, қуўдалаўлар ҳәр қыйлы түрде болыўы мүмкин – олар сөз бенен масқаралаўдан баслап өлимге дейин, бир ең соңғы шектен басқасына шекем, есап-сансыз ҳәм гейде азаплы болып, ҳәр қыйлы болыўы мүмкин.
Қуўдалаўлар – бул масийхый өмирдиң ажыралмас бөлеги деген ҳақыйқатлықты инкар етиўге болмайды.
Бул тема Забурларда кеңирек көрсетилген:
Ҳақ адамның қайғылары көп болса,
Жаратқан Ийе булардан оны азат қылар. Забур 33:20а
Өмирде исениўши адамлар сыпатында жүреклеримизди жаралаў қәбилетине ийе көплеген сәтсизликлер бар. Бул дизим кишкене емес.
Буннан тысқары, 188- забурдың авторы шубҳасыз исениўши, Қудайдан қорқатуғын өмирде жасайтуғын адам болған. Ол Мухаддес Китаптың әжайып тәрийпин, оның орнын, күшин, өзи басынан кеширген қуўдалаўлар туўралы сөз етеди.
Басшылар жыйналып, маған қарсы өсек айтса да,
Мен, қулың (қулың болған Мен) Сениң буйрықларың ҳаққында терең ой жуўыртаман. Забур 118:23
Менменлер мени мазақлайды,
Сонда да Сениң нызамыңнан жүз бурмадым. Забур 118:51
Тəкаббирлер жалған сөйлеп, мени қаралады,
Бирақ мен шын жүрегим менен буйрықларыңа бойсынаман. Забур 118:69
Жалған сөйлеп, мени айыплағаны ушын,
Тəкаббирлер шерменде болсын.
Ал мен буйрықларың ҳаққында ой жуўыртаман. Забур 118:78
Шуқыр қазды мен ушын,
Нызамыңа бойсынбайтуғын тəкаббирлер. Забур 118:85
Жаўызлар мени жоқ қылыў ушын аңлыйды,
Мен Сениң қағыйдаларың үстинде ой жуўыртаман. Забур 118:95
Жаўызлар дузақ қурды маған, Сонда да көрсетпелериңнен шетке шықпадым. Забур 118:110
Ҳүкимдарлар мени айыпсыз қуўдалайды,
Ал жүрегим сөзиңнен қорқып, қалтырайды. Забур 118:161
Автор қуўдалаўшы ҳәр түрли адамларды келтирип өтеди. Олар арасында Қудайды жек көриўши жоқары лаўазымдағы басшылардан баслап, наҳақ ҳәм менмен болған ҳәр түрли адамларға дейин бар еди. Қудайға бағышланған өмир қарсыласларға қарсы иммунитетке ийе емес екени анық, ал керисинше оларды өзине тартатуғын нышана болып табылады.
Жаңа Келисимге келгенимизде, бизлердиң Қутқарыўшымыз шәкиртлериниң Оған бағышланыўы ушын төлеўине туўра келетуғын, күтилмегенде пайда болатуғын үлкен ҳәм ашшы төлемлерге тосаттан дус келиўлерин қәлемегени бизлерге анық көринеди.
Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. Сизлер бул дүньяники болғаныңызда, дүнья өзине тийислилерди сүйер еди. Бирақ, сизлер бул дүньяники емессизлер: өйткени Мен сизлерди дүньядан таңлап алдым. Сонлықтан дүнья сизлерди жек көреди. Мениң: «Хызметши хожасынан уллы емес», – деген сөзлеримди еслериңизге түсириңлер. Егер адамлар Мени қуўдаласа, сизлерди де қуўдалайды. Егер Мениң сөзимди тыңласа, сизлердиң сөзлериңизди де тыңлайды. Юхан 15:18-20
Жек көриўшилик – жүдә күшли сөз. Бул Масийхтың шәкиртлери өз басына шақыратуғын нәрсе болып табылады.
Себеби Мен улын әкесине, қызын анасына, келинин қәйин енесине қарсы етип, айырыўға келдим. Матта 10:35
Ақылға сыймайды Шаңарақтың айырым ағзалары Масийхты қабыл етсе, ал басқа ағзалары Оны қабыл етпесе, шаңарақ ишинде бөлиниў болыўы анық. Бизлерди бул туўралы ескертти.
Ҳәтте, ата-ана, аға-ини, ағайин-туўған ҳәм досларыңыз да сизлерге сатқынлық ислейди. Ал гейбиреўлериңизди өлтиреди. Лука 21:16
Масийхқа ҳәм Оның исине деген жек көриўшилик қанлас ҳәм дослық байланыслары менен орнын алмасады.
Мениң атым себепли, сизлерди ҳәмме жек көреди. Лука 21:17
«Ҳәмме» деген сөз, Масийхты жек көриўшилер өзиниң қандай лаўазымға, жәмийетлик жағдайға, расаға, миллетке, жынысқа тийислилигине ямаса жасына қарамай, сизге келетуғынын билдиреди. Бунда шеклеў жоқ.
Павел де масийхый өмирде болатуғын қуўдалаўлар бойынша өз пикирин билдиреди.
Себеби Масийх шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли көп шексек … Коринфлилерге 2-хат 1:5
Бизлер ҳәр тәреплеме қысқыдамыз, бирақ езилмеймиз. Албыраймыз, бирақ үмитсизликке берилмеймиз. Қуўдаланамыз, бирақ Қудай бизлерди таслап кетпейди. Бизлерди жығылтады, бирақ жоқ болып кетпеймиз. Ийсаның өмири денемизде ашық көринсин деп, бизлер бәрқулла азап шегип, Ийсаның өлимине шерик боламыз. Коринфлилерге 2-хат 4:8-10
Қуўдалаўларды не келтирип шығарады?
Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масийхтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман. Колосалыларға 1:24
«Басқа сөз бенен айтқанда, олар исениўшилерди жек көреди, себеби олар Ийсаны жек көреди, бирақ Ол бул жерде жоқ, сонлықтан олар Ийсаның шәкиртлерин жек көреди. Я болмаса, басқаша ойлайтуғын болсақ, мен ушын барлық соққыларды қабыл еткен Ийса ушын мен соққыларды қабыл етемен. Петр де қуўдалаўлар туўралы былай деп өз пикирин жазған еди:
Сүйикли туўысқанларым, сизлерди сынаў ушын келетуғын аўыр азапты таң қаларлық нәрсе деп, ҳайран болмаңлар. Петрдиң 1-хаты 4:12
Көбинесе, адамлар қыйын ўақытларда басынан өткизетуғын аўырықлы сезимлердиң көпшилиги, негизинде олар улыўма азап шегип атырғанына таң қалыў ҳәм естен айырылыў сезиминен ибарат болып есапланады. Көп масийхыйлар өз өмирлеринде жаманлықтың болыўына Қудай жол қоймайды деп исенеди. Бирақ Ийса буны бийкарлайды. Егер Қудай минсиз Адамға уллырақ ҳәм әжайып жақсы нәрсе ушын қорқынышлы түрде азап шегиўге жол қойған болса, бизлер не ушын Оның менен жасаўға тырысып атырған исениўшилер менен бул жүз бермейди деп ойлаўымыз керек?» Қуўдалаўлар –масийхый өмирдиң ажыралмас бир бөлеги. Масийхыйлық ҳәлсиз адамлар ушын деп айтыўшылар бул ҳақыйқатты көзден қашырған ямаса писент етпеген болады.
2-түсиник: Қуўдалаўлардан айырым ўақытлары аўлақ болыўға болады ямаса олар ҳеш болмағанда ўақытша азайып турыўы мүмкин.
Мысалы: Мысырдан шығыў, Даниел арысланлар орында шуқырында, Седрах ҳәм оның дослары отлы пеште, аламан арасынан Ийсаның өтиўи (Лука 4:30), өлимге ҳүким етилсе де, тири қалған, қамақтан азат болған Петр.
Бул исениўшилер өз қәлеўи менен азап шегиўши болып ҳеш қандай пайда көрмеди ҳәм Қудайдың олар ушын таярлап қойған мүмкиншиликлеринен даналық пенен пайдаланды.
3-түсиник: Мухаддес Китапта азап шеккенлердиң дизими үлкен
Олар мыналар:
Абыл Аюп Юсуп Даўыт Даниел ҳәм оның дослары Еремия Шомылдырыўшы Яқыя Ийса – ең жақсы үлги Елши Яқып
Павел жеке өзиниң, дыққатқа ылайық қуўдалаўларының мәнисин баянлап, былай бөлиседи:
Олар Масийхтың хызметкерлеримиз дейме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масийхқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. Үш мәртебе таяқ жедим, бир мәртебе тас пенен урды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардағы топан суўы себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым. Коринфлилерге 2-хат 11:23-27
Ийса Петрге өз өмирин қалай жуўмақлайтуғынын айтқан еди:
Саған шынын, ҳақыйқатын айтаман: жас ўақтыңда белбеўиңди өзиң байлап, қәлеген жериңе баратуғын едиң. Бирақ қартайғаныңда қолларыңды созып турасаң ҳәм басқа биреў белбеўиңди байлап, сени қәлемеген жериңе алып барады. Ийса буны Петрдиң қандай өлим менен Қудайды уллылайтуғынын билдириў ушын айтқан еди. Усыны айтып болып: – Изиме ер, –деди. Юхан 21:18-19
«Петр, сен де атанақ ағашқа шегеленесең!»
Еврейлерге 11 – баптағы «Даңқ галереясы» да аты нәмәлим есап-сансыз исениўшилердиң қуўдаланыўлары туўралы сөз етеди.
Және гейбиреўлери масқараланып, қамшы жеди, ҳәтте, шынжырлар менен байланып, қамаққа салынды. Исеними себепли, олар тас пенен урылды, пышқы менен кесилип екиге бөлинди, қылыштан өткерилип өлтирилди. Қой ҳәм ешкиниң терилерин жамылып, сергиздан болып жүрди, жоқшылықта жасады, қыйыншылықларға ушырады ҳәм хорлық көрди. Дүнья бул адамларға ылайық емес еди! Олар шөллерди, таўларды, үңгирлерди ҳәм төлелерди гезип себил болды. Еврейлерге 11:36-38
Ал келешек ҳаққында не айтыў мүмкин?
Сонда ақсақаллардың бири меннен:
– Ақ кийим кийген мына адамлар кимлер, олар қаяқтан келди? –деп сорады.
– Буны сиз билесиз, мырзам, – дедим мен.
Ол маған былай деди:
– Булар – аўыр азапты басынан кеширгенлер. Кийимлерин Қозының қаны менен жуўып, аппақ қылғанлар. Аян 7:13-14
Усы жердеги контекст – бул Уллы апатшылық, көплеген адамлар гүналары ушын тәўбе етип, Ийсаның изинен ерип баслаған ўақытта ҳәм нәтийжеде олар азаплы өлимге тапсырылғанда болады. Масийхыйлықтың қанлы моншасы тек Ийса екинши рет келгенде жуўмақланады.
Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды. Аян 13:7
Мухаддес Китаптағы қайсы танықлы исениўшилердиң өмири аңсат болды?
Мухаддес Китап жуўмақланғанда да, Ийса Масийхтың шәкиртлерин қуўдалаў тамам болып қалған жоқ. Азап шеккен исениўшилердиң қанлы излери терең ҳәм кең болып, ол атанақ ағаштан баслап усы күнге дейин келеди. Алдынғы әсирлердиң ҳәммесин қосып, олар менен салыстырғанда, масихыйлар өз исеними ушын жигирмаланшы әсирде көбирек өлтирилди.
Масийх ушын өлетуғын келеси адамлар бизлер болыўымыз мүмкин.
4-түсиник: Исениўшиниң қуўдалаўларға беретуғын жуўабы анық.
Өш алыў ма? Яқ. Бул вариант итибарға алынбайды.
Ийса қолға алыныўдан алдын, Петр Гетсемани бағында қулдың қулағын шаўып жибергени ушын, Ийса оны айыплағанда, усындай жағдай болған жоқ па еди?
Ҳеш кимниң жаманлығына жаманлық пенен жуўап қайтармаңлар. Ҳәммениң ойы бойынша жақсы деп саналған ислерди ислеўге тырысыңлар. Егер мүмкин болса, қолыңыздан келгенше, барлық адамлар менен татыўлықта жасаңлар. Сүйикли туўысқанларым! Өзиңиз ушын өш алмаңлар. Ал буны Қудайға тапсырыңлар. Себеби Мухаддес Жазыўда Жаратқан Ийемиз былай дейди: «Өш алыў Мениң қолымда, сазайын Өзим беремен». Керисинше:
«Душпаның аш болса, оны тойдыр,
Шөллеген болса, суў бер.
Сен усылай ислесең,
Оны уятқа қалдырасаң».
Жаманлықтан жеңилме. Ал, жаманлықты жақсылық пенен жең. Римлилерге 12:17-21
Қуўдалалаўлар масийхыйға масийхый емес адам сыяқлы ис тутыўға ҳеш қандай ҳуқық бермейди. Ал керисинше болыўы керек.
– Сизлер: «Жаныңдағы адамды сүй, душпаныңды жек көр», – дегенди еситкенсиз. Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер. Матта 5:43-44
Бул таң қалдырарлық көринис – Ийемиздиң кешесинде Яҳуда Исқариоттай ҳүрметли қонақ болған жоқ еди! Ийса оған Өзи үйреткен нәрсени иследи.
АЗАПЛАРДЫ КҮТИҢЛЕР!
Сен себепли күни бойы бизлерди өлтиреди,
Шалынатуғын қой деп, бизлерди есаплайды. Забур 43:23
«Бүгин масийхый өмирге қәдем басып атырған адам бул дүньяның бағытына қарсы гүреске қосылады».
Мен Қудай тәрепинен усы Хош Хабар ушын хабаршы, елши ҳәм муғаллим болып тайынландым. Сонлықтан бул себепли азап шегип атырман. 2 Тм 1:11-12а
Павел бул жерде Хош Хабардың тарқатылыўы менен қуўдалаўлар арасындағы туўрыдан-туўры байланысты анық көреди ҳәм айтады. Биреўинен екиншиси тәбийий түрде келип шығады. Егер адамлар тәўбе етпесе, ол жиберилген адамға қылынған ҳүжим – бул болыўы керек болған реакция.
Ҳәзир мен сизлер ушын азап шегип атырғаныма қуўанышлыман. Өйткени Масийхтың көрген қыйыншылықларының жетпеген мөлшерин Оның денеси болған исениўшилер жәмәәти ушын мен өз денем менен азап шегип толтырып атырман. Колосалыларға 1:24
«Минекей, Павел буны қалай көрген еди: Ийса жер бетинде болғанда, Оны қуўдалаған еди, солай емес пе? Аяўсыз ҳәм үзликсиз түрде. Ақыр-ақыбетинде Оны өлтиремен дегенге шекем. Ийса өлип ҳәм өлимнен қайта тирилгенде ҳәм оннан кейин аспанға көтерилип кеткенде де, дүнья Оны қуўдалаўды тоқтатқан жоқ. Ол ҳәзир де тоқтатқан жоқ. Павел Масийхтың азапларына ҳеш нәрсе қоспайды. Егер де Масийх қайтып келгенде, олар Оны және өлтирген болар еди. Егер де Ол және, және ҳәм және, қайтып келгенде, олар Оны қайтып келген ҳәр сапары өлтирген болар еди. Ол қайтып келмей атыр, сонлықтан олар бизлерди өлтирип, азаплап, масқаралап атыр. Олар бизлерди қамаққа таслап атыр.
«Бул қандай әжайып! Масийхтың аспанға көтерилип кетип, Өзиниң пүткил даңқы менен аспанда болыўы, енди ҳеш қашан таяқ жемеўи, ал бизлердиң бул жерде Оған арналған соққыларды алыўымыз қандай дурыс болады»
Өйткени Қудай Масийх ушын, бизлерге Оған тек исениўди емес, ал Ол ушын азап шегиўди де айрықша ҳуқық етип берген. Филиплилерге 1:29
« Биринши жәмәәттеги ҳәр бир масийхый ерте ме кеш пе өз өмирин қәўип астына қойып, өз исеними туўралы гүўалық бериўге туўра келетуғынын билетуғын еди. Бул әпиўайы жағдай еди. Масийхый болыў өмир ушын қәўипли еди. Буны он мыңлаған адамлар ислеген еди».
«Мен Қытайда дизимнен өтпеген көплеген жәмәәтлерге онлаған мәрте барған ески дәўир миссионеринен исениўшилер қуўдалаўлардан азат болыўды сорап дуўа ете ме, деп сорадым. Оның жуўабы мынадай болды: «Олар өзлерине қарама-қарсылық болатуғынын, болыўы керек истей қылып қабыл етеди. Олар басқа бир нәрсени көз алдына келтире алмайды».
БАТЫР БОЛЫҢ!
Өйткени мениң ушын өмиримниң мәниси – бул Масийх, ал өлим утыс демек. Филиплилерге 1:21
Масийхыйда усындай қатнас болса, ол ҳәр қандай ақыбетке қарсы хызмет етиў еркине ийе.
Ийса оған:
– Мен қайта тирилиў ҳәм өмирмен. Маған исенген адам өлсе де, жасайды, – деди. Юхан 11:25
«Масийх бизлерди Өз Патшалығының мақсетлери ушын өмирин қәўип астына қойыўға шақырады. Хош Хабардың қәўипли ислериниң шегарасында артқа қайтыўшы ҳәр бир қорқақ болған мухаддес адамға Ол былай дейди:
Мениң сизлерге, досларыма айтатуғыным: денени өлтирсе де, буннан соң басқа ҳеш нәрсе ислей алмайтуғынлардан қорқпаңлар! Лука 12:4
Қудай өмирин қәўип астына қоятуғынларды жақсы көреди.
Йоаб душпан əскерлериниң алдында да, артында да турғанын көргенде, Израилдың сайланды əскерлеринен базыларын таңлап алып, оларды арамларға қарсы сапқа турғызды. Қалған адамларға иниси Абишайды бас қылып, аммонларға қарсы сапқа дизди. Йоаб инисине былай деди: «Егер арамлар меннен басым келсе, сен маған жəрдемге келесең. Ал аммонлар сеннен басым келсе, мен саған жəрдемге бараман. Мəрт бол! Халқымыздың ҳəм Қудайымыздың қалалары ушын беккем турайық. Жаратқан Ийе Өзине мақул болған исти ислесин!» Патш. туўр. 2-кит. 10:9-12
Батыр…,өмирин қәўип астына қоятуғын…болыў
Эстер өз халқын қутқарыў ушын, патшаның нызамын бузды ҳәм былай деди:
Егер мен өлиўге тийисли болсам, өлемен». Эстер 4:16
Батыр…,өмирин қәўип астына қоятуғын…болыў
Шедрах ҳәм оның дослары қатты қыздырылған пештиң қәўипиниң алдында былай деген еди:
Бизлер сыйынатуғын Қудай бизлерди от жанып турған пештен де, сизиң қолыңыздан да қутқара алады. Бирақ егер Ол бизлерди қутқармаған жағдайда, тақсыр, мынаны билип қойың: бизлер ҳеш қашан қудайларыңызға сыйынбаймыз, сиз орнатқан алтын мүсинге де табынбаймыз. Даниел 3:17-18
Батыр…,өмирин қәўип астына қоятуғын…болыў
Павел де жеке өзиниң батырлық қарым-қатнасы туўралы былай бөлиседи:
Буған қарамастан, мен өз жанымды аямайман. Тек өз бәйгимди басып өтип, Қудайдың мийриминиң Хош Хабары туўралы гүўалық бериўди, яғный Ийемиз Ийсаның маған тапсырған исин жуўмақласам болғаны. Елшилердиң ислери 20:24
Бизлерге болса, дүньяға Ийсаның Хош Хабары менен барыў айрықша түрде тапсырылған.
Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар. Матта 28:19
Илтимас, бул жерде барып, халықларды қутқарыў ҳаққында айтылмағанына дыққатыңызды қаратың. «Ҳәмме» деген сөз жабық еллерди, урыстан жәбир көрген еллерди және де душпан еллерди өз ишине алады. Бул Хош Хабар ушын тоқтатып болмайтуғын адам болыўға шақырық болып табылады.
ӨЗ МҮМКИНШИЛИКЛЕРИҢИЗДЕН ПАЙДАЛАНЫҢ!
Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди. Солай етип, Ийемиз ҳаққында гүўалық бериўден ҳәм Ол себепли тутқын болған меннен арланба. Керисинше, Қудайдың берген күши менен Хош Хабар ушын мениң менен бирге қыйыншылық көр. Тм 2-х. 1:7-8
Биз күшли қуўдалаўлар ўақтында Қудай туўралы гүўалық берсек, Оның күши исениўшилерге жәрдем береди. Келиңлер, оннан пайдаланайық!
Сонлықтан өзлериңизди қалай қорғаўды алдын ала ойламаўды кеўиллериңизге түйип алыңлар. Себеби Мен сизлерге сондай шешенлик пенен даналық беремен, сизлерге қарсы шыққанлардың ҳеш қайсысы да қарсы сөйлей де, сөзлериңизди бийкарлай да алмай қалады. Лука 21:14-15
Бизлерди түсиндирип бериўге мәжбүрлесе, Қудайдың Өзи бизлерди басқарады.
Бизлер сөз таппай, сөйлей алмай қаламыз, деп тәшиўишленбеўимиз керек.
Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетеди. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масийхтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. Сол себептен Масийх ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен. Коринфлилерге 2-хат 12:9-10
Қудайдың мийрими бизлерге ашық ҳәм бизлерди қуўдалаған ўақытта, ол пүткиллей жаңа ҳәм әмелий көринисте көринеди.
Егер араңыздағы бириңиздиң даналығы кем болса, ҳәммеге сақыйлық пенен, айыпламай беретуғын Қудайдан сорасын. Қудай оған береди. Яқып 1:5
Бизлерге Қудайдың даналығы да берилген. Қуўдалаўлардан басқа қашан даналық көбирек керек болыўы мүмкин? Қудай: «Келип, оны ал!» – дейди.
Бизлер қаншелли көп мүмкиншиликлерге ийемиз!
5-түсиник: Қуўдалаўлардан келген азап шегиўлерде артықмашылық бар.
Адамлар сизлерди Мен себепли хорласа, қуўдаласа, ҳәр түрли өтирик сөзлер менен жаманласа, сизлер бахытлысызлар! Матта 5:11
Аўа, қуўдалаўлардың туўрыдан-туўры нәтийжеси сыпатында исениўшилер алатуғын көп артықмашылықлар бар. Бул дизим таң қалдырады!
МАСИЙХ ПЕНЕН ЖАҚЫН ҚАРЫМ-ҚАТНАСЛАР
Қәне енди, Масийхтың Өзин ҳәм Оның қайта тирилиўиниң күшин билип алсам. Оның азапларына қатнасып, өлимине де шерик болсам. Филиплилерге 3:10
Мен Масийхта алатуғын нәрселердиң бири – бул азап шеккен ўақтымда, Оның менен қылатуғын қарым-қатнасығым. Бул сизге түсиникли ме? Бул азап шеккенимде, бир ўақытлары маған белигили болатуғын барлық азаплардан да анағурлым көбирек азапларды ҳәм бир ўақытлары мен сезетуғын ямаса басымнан өткизетуғын азаплардан да көбирек азапларды шеккен Адам менен қарым қатнасық қылыў. Мениң азапларымда маған Бул шерик керек. Жер бетиндеги қәлеген масийхый сизге тири Масийх пенен руўхый қарым-қатнасықтың терең сәтлери – бул күшли азаплардың нәтийжеси болып есапланатуғынын айтады. Бул шубҳасыз сондай. Азаплар бәрқулла бизлерди Масийхқа алып келеди. Не ушын? Өйткени бизлер ол жерде жәрдем бериўши, бизлерди жақсы көриўши, бизлердиң өмиримизге қызығатуғын, бизлер сыяқлы ҳәр тәреплеме сыналған, бизиң ҳәлсизликлеримизди ҳәм әззи жерлеримизди билетуғын, мийримли болған уллы Руўханийди ҳәм бизиң дәртлеримизди сезетуғын досты табамыз. Ол мен қуўдалансам қаншелли жарылқанатуғынымды айтады. Мен өзимнен бурын қуўдаланған Оның изине ерсем ҳәм Оның менен қарым-қатнас қылсам, жубаныш табатуғынымды билемен».
Мениң ойымша, ҳәзирги қыйыншылықлар келешекте бизлерге берилетуғын уллылыққа салыстырғанда ҳеш нәрсе емес. Римлилерге 8:18
«Бул Аюптың ҳәм Павелдиң қыйыншылықлары онша күшли болмады дегенди аңлатпайды. Уллылық ҳәм қүдирет пенен бирге Қудайдың ҳузуринде болыў – бул бузылған дүньяның қәлеген азапларынан артық туратуғын өмир»
ҚӘЎИПСИЗЛИК МАСИЙХТА!
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Юханның 1-хаты. 3:1
Түсинип жетиў қатты аўыр, бирақ бул ҳақыйқат, исениўшилер өз шаңарақарынан, үйлеринен, жумысынан, өзиниң пүткил өмири даўамында жыйнаған мал-мүлкинен айырылып қалыўы мүмкин. Олардың еллери үлкен машқалаларға дуўшар болыўы мүмкин. Бирақ бул жерде биз исениўшилер ҳеш қашан жойта алмайтуғын бир нәрсе бар: бул – бизлердиң Қудайдың шаңарағына тийислилигимиз. Бир ўақытлары бизлер өз ата-анамызды қатты қапа қылған ўақытларымыз болды, бирақ солай болса да, бизлер өз шаңарағымыздың ағзалары болып қала бердик. Бир ўақытлары бизлер аспандағы Әкемизди қатты қапа қылған ўақытларымыз болды, бирақ солай болса да, бизлер Оның шаңарағына тийислимиз. Бизлер гүналарымыз ушын тәўбе еткен ўақтымызда, Ол бизлерди Өз шаңарағына қабыл етеди ҳәм «бизлерди балалары ҳәм мийрасхорлары сыпатында тастыйықлайды. Жақынлық, сүйиспеншилик ҳәм сақыйлық усы қатнасықлардың орайында жайласқан». Бизлер бәрқулла сүйене алатуғын Оның қоллап-қуўатлаўына ийемиз. Бул бизлерден ҳеш қашан тартып алынбайды.
Өйткени мен исенемен: өлим де, өмир де, периштелер де, ҳәкимшиликлер де, ҳәзирги ҳәм келешек заман да, күшлер де, бәлентлик те, тереңлик те, улыўма, жаратылған ҳеш бир нәрсе Қудайдың бизлерге Ийемиз Масийх Ийса арқалы берген сүйиспеншилигинен бизлерди айыра алмайды. Рм 8:38-39
«Бизлер мәңгилик сүйиспеншиликтен ҳеш қашан айырылып қалмаймыз.» Бул бизлердиң өмиримизде болып атырған нәрселердиң ҳәммесин түсинетуғынымызды аңлата ма? Яқ! Бизлер тек қәдемлеримизди басқаратуғын Қудайға исенемиз.
Адамның адымларын Жаратқан Ийе белгилер,
Солай екен, адам өз жолын қалай түсинсин? Сулайманның ҳикметлери 20:24
ГҮЎАЛЫҚ БЕРИЎ МҮМКИНШИЛИГИ
Егер қуўдалаў бизлердиң аўызларымызды жабыў менен жуўмақланса, онда шайтан үлкен жеңиске ерискен болады. Бул Петр, Юхан ҳәм Павелдиң жуўап бергенине уқсамайды.
Солай етип, кеңес ағзалары оларға сыртқа шығып кетиўди буйырды да, соңынан өз ара кеңесе баслап: – Бул адамларға не ислесек екен? Ерусалимде жасайтуғын ҳәр бир адам олардың анық кәрамат ислегенин биледи-ғо. Бизлер буны бийкарлай алмаймыз. Бирақ, бул хабардың халық арасында және де көбирек жайылмаўы ушын, буннан былай Ийсаның аты менен ҳеш кимге ҳеш қашан сөйлемеңлер деп, қорқытып қояйық, – дести. Соңынан оларды шақырып алып, Ийсаның аты менен ҳеш нәрсе айтпаўларын ҳәм үйретпеўлерин буйырды. Бирақ, Петр менен Юхан оларға жуўап берип: – Өзлериңиз ойлап көриң: Қудайдың сөзлеринен гөре, сизлердиң сөзлериңизди тыңлаў Қудай алдында дурыс болар ма екен? Бизлер көргенлеримизди ҳәм еситкенлеримизди айтпай тура алмаймыз, – деди. Ел. исл. 4:15-20
Петр ҳәм Юхан үндемей қалмады, ал Хош Хабар менен бөлисиўди даўам етти.
Оннан кейин қуўдалаўлар ортасында Масийх ҳаққында гүўалық бериў ушын ҳәр қандай мүмкиншиликке жабысып алған Павел де:
Ерусалимдеги аламан алдында – Елшилердиң ислери 22-бап
Феликс алдында – Елшилердиң ислери 24-бап
Агриппа алдында – Елшилердиң ислери 26-бап та гүўалық берген еди.
Қуўдалаўлар ҳақыйқатты жәриялаўға бурын болмаған мүмкиншилик жаратып береди. Келиңлер, усы мүмкиншиликке жабысып алайық!
МИНЕЗ-ҚУЛЫҚТЫҢ РАЎАЖЛАНЫЎЫ
Яқып қыйыншылықларда минез-қулықтың раўажланыўының усындай үлкен күшин билип, былай деп жазған еди:
Ҳәй, туўысқанларым, түрли сынаўларға ушырағаныңызда оны үлкен қуўаныш пенен қабыл етиңлер. Себеби исенимиңиздиң сыналыўынан сабырлық пайда болатуғынын билесизлер. Ҳеш бир кемшиликсиз, жетилискен ҳәм минсиз адамлар болыўыңыз ушын толық сабырлық етиңлер. Яқып 1:2-4
Павел де буны мақуллайды:
Бизлер тек бул себепли емес, ал қыйыншылықлар себепли де қуўанамыз. Себеби қыйыншылықлардан сабырлылық, сабырлылықтан жақсы минез-қулық, жақсы минез-қулықтан үмит пайда болатуғынын билемиз. Рм 5:3-4
Бизлер Яқып ҳәм Павелдиң хатларынан қандай жуўмақ шығарамыз? «Сизде өз өмириңиз ушын Қудайдың жоллары туўралы дурыс түсиник болсын. Мүмкин, өмириңиздеги жаман нәрселер Қудайдан сынақ ушын, минез-қулқыңызды қәлиплестириў ушын берилген шығар. Мүмкин, Қудай сизди үлкен иске таярлап, я болмаса үлкен мийрим ушын тийкар орнатып атырған шығар».
«Адам жанларын мәңгиге ийелеп алыў ушын қылған Өзиниң күш салыўларында, Қудай адамлардың жетискенликлерине қарағанда, олардың сәтсизликлерине сүйенеди. Ол айрықша таңлаған адамлардың айырымлары басқаларға қарағанда көбирек қулаўларды бастан кеширди. Қудайдың фермасындағы ең жақсы топырақ – бул қыйыншылықлар топырағы».
«Азаплар – бул азаплар дүньясындағы хызметке таярлық болып табылады. Ҳәр түрли азаплар. Бул дүнья жумсақ минезли, үстиртин адамлар ушын емес. Оған сыналған, шыныққан, өзлериниң Ийеси сыяқлы, жойтылғанларды қутқарыў ушын, «дозаққа» түсиўге таяр болған шәкиртлер керек».
«Бизлер тек азаплар арқалы ғана беккемлене аламыз. «Март самаллары» бизлердиң үстимизден өтпегенше, жақсы тамыр жайыўға үмит етиў бийпайда. Ески еменнен күткендей қылып, жас еменнен терең тамырларды күтиўге болмайды. Ески қыйсық тамырлар ҳәм шақаларының ерси болып ийилиўи – булардың ҳәммеси ески терек үстинен өткен көп күшли даўыллар ҳаққында сөз етеди. Бирақ олар және де тамырларының терең жерде турғанын да көрсетип тур».
«Адамлар азапларда уллы болмағанша, ҳеш қашан уллы бола алмайды. «Адамлар азапларда уллы болмағанша, ийманлылықта ҳеш қашан уллы бола алмайды. Көпшилик адамлар шеккен аўыр азаплары себепли өз өмиринде уллылыққа ерискен.
ҚУДАЙДЫ АЛҒЫСЛАЎ МҮМКИНШИЛИГИ!
Буны қатты қыйын ҳәм қорқынышлы азаплар ўақтында қалай ислеўге болады? Азаплардан өтип атырып, жүреклеримизди қатал қылғанның орнына, Оған өзлеримизди исенип тапсырамыз. Бирақ бул қалайынша болыўы мүмкин? Сен ушын шексиз азап шеккен Ийсаға қарап турып!
Түнниң орталарында Павел менен Сила дуўа етип, Қудайды алғыслайтуғын қосық айтып отырған еди. Басқа тутқынлар да оларды тыңлады. Елшилер 16:25
Олар жаңа ғана таяқ жегени себепли, өзлерин өзлери аяған жоқ, ал қамақханада концерт қойып берди. Олар шетке шығып турды ҳәм Қудайға өзлери арқалы ҳәрекет етиўге жол қойып берди. Өткен күнниң ўақыялары, олардың Қудайға деген сүйиспеншилигин азайтпады, сонлықтан олар алғысқа, ҳүрметке ҳәм Қудайға табыныўдың аспанға көтерилиўине, сондай ақ бул олардың әтирапындағылардың қулақларына еситилиўине де жол қойып берди.
Солай етип, жесеңиз де, ишсеңиз де, не нәрсени ислесеңиз де, ҳәмме нәрсени Қудайдың даңққа бөлениўи ушын ислеңлер. Коринфлилерге 1-хат 10:31
«Ҳәмме» деген сөз азапларды да өз ишине алады. Оның бизлер арқалы жумыс ислеўине жол қойып беретуғын бирлескен күш салыўларымызда Ийемиздиң аты алғысланады.
6-түсиник: Қуўдалаўлар ўақтында жубаныш бар.
Жуўапкершиликти қудай өзине алады!
Буған ҳеш қандай гүман жоқ!
Жақсылық қылып хызмет еттиретуғынын билемиз. Римлилерге 8:28
Бул сөзлер Қудай тек ҳәмме ўақыяларды қадағалап турса ҳәм пүткил дүнья жүзиниң сөзсиз Ийеси болып есапланса ғана ҳақыйқат бола алады. Аюп мына сөзлерди айтқанда, буны билген еди:
Аюп оған: – Сен ақылсыз ҳаяллар сыяқлы сөйлеп турсаң. Сонда не, бизлер Қудайдан тек жақсылықты қабыл етип, жаманлықты қабыл етпеўимиз керек пе? – деп жуўап берди. Соншама азап шексе де, Аюптың аўзынан гүна болғандай сөз шықпады. Аюп 2:10
«Даўылды әкелиўши самаллар ҳәм даўылды алып кетиўши самаллар, булардың екеўи де Қудайға тийисли. Аюп ушын Қудай – жарылқаў ҳәм бахытсызлықлар тийкары.
Аюп жылаўды баслағанда, шайтанға қарап сөйлемегенине ҳәм оны айыпламағанына дыққатыңызды қаратыўыңыз керек. Ол Қудайға қарап жылайды.
«Германияда яҳудийлер нацистлерден жасырынған жердеги дийўалда биреў мынадай сөзлерди жазған екен: „Ҳәтте, қар жаўып турса да, мен қуяшқа исенемен, ҳәттеки сүйиспеншиликти сезбей турсам да, cүйиспеншиликке исенемен. ҳәтте Қудай үндемей турса да, мен Оған исенемен».
Сынақлар ўақтында Қудай дүнья жүзи үстинен қадағалаўды жойтты, деп айтпаймыз. Бул надурыс вариант.
ҚУДАЙДЫҢ ӨЗИ ЖУБАТЫЎШЫ!
Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масийхтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай. Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз. Коринфлилерге 2-хат 1:3-4
«Ҳәр қандай үмиттиң Қудайы ҳеш қашан сәтсизликке ушырамайды. Бул Оның тәбияты. Қудай Өз адамларын бәрқулла тийисли жигер, жубаныш ҳәм күш пенен сыйлайды. Ийемиз, бизлердиң достымыз, бәрқулла туўысқаннан да жақынырақ. Бизлер менен бәрқулла бирге болатуғын Ийемиз, бизлерге аяқ-қолларымыз сыяқлы жақын. Ол демимиз сыяқлы
жақын. Ол – Ийемиз, бизлерди ҳеш қашан таслап кетпейди ҳәм сатып кетпейди, бизлердиң ишимизде мәкан қурады». Павел усыларды өзиниң жеке аянлары ҳәм тәжирийбесинен алып, бизлер менен бөлиседи.
ҚУДАЙ СЫЙЛЫҚЛАЙДЫ!
Қуўаныңлар ҳәм шадланыңлар! Өйткени сизлердиң аспандағы сыйыңыз үлкен. Сизлерден бурынғы пайғамбарларды да усылай қуўдалаған. Матта 5:12
«Исениўшилер аспанда мәңги болады, ал жер бетинде болса, олар алдыннан айтып болмайтуғын қысқа муғдардағы ўақыт даўамында ғана болады. Бизиң жер бетинде өмир сүриўимиздиң мәниси неден ибарат? Бул жер бетине емес, ал мәңгиликке инвестиция (байлық) киритиң. Менде жер бетинде тек аз ғана, бир атымлық ўақыт бар ҳәм мен оның ҳәммесин қолымнан келгенинше Қудайға тийисли банктеги есап бетине салғым келеди, бул маған мәңгилик девидендлерди алып келиўи ушын, мен ушын емес, ал мен оларды алып, Оның жарылқанған аяқларының қасында табына алайын».
Ол бизлердиң сыйымыз «уллы» деп айтқан ўақытта, бул сыйдың УЛЛЫ екенин билдиреди. Бизлерди соншелли дәрежеде көп сыйлықлайтуғын Ол туўралы ойлағанымызда, бул бизлерди үнсиз қылып қоймай ма?
Бирақ бул аятта басқа бир бай сыйлық бар: биз «зор» компаниядамыз.
«Егер сизде қутқарылыўыңыз бойынша, қандай да бир гүманлар бар болса, егер сиз ҳақыйқаттан да Оның Патшалығындаман ба, деп ойланатуғын болсаңыз, егер сизди исениўши емес адамлар қуўдалап атырған болса, онда сизиң Қудайға тийисли екениңизге исенимиңиз кәмил болсын, себеби Қудай шақырған пайғамбарларға қандай қатнаста болған болса, сизлерге де сондай қатнаста болып атыр. Қандай таң қаларлық нәрсе!
« Булар ҳәммеден көбирек азап шегип, ең үлкен сыйлықты алатуғынлар болады. Бизлер қуўдалаўлардан бийкарға өтпеймиз. Қудай көрип тур ҳәм ҳәм Ол тийисли түрде сыйлықлайды».
ҚУДАЙ ТАЗАЛАЙДЫ!
Жәмәәттиң тарийхы былай дейди: «Қуўдалаўлар бәрқулла адам санының көбейиўине алып келмейди… бирақ олар бәрқулла аты исениўши болған адамларды, жәмәәтке тек майда-шүйде себеплерге байланыслы ғана келетуғынларды жоқ қылады. Өзи масийхый болғаны себепли азап шегиўге таяр болған жәмәәттиң басқа ағзалары исенбейтуғын адамларға айрықша ҳақыйқый ҳәм айрықша исенимли болып көринетуғын исенимин көрсетеди».
Сиз Аян китабының 2-ши ҳәм 3-бапларындағы ҳеш қандай әшкараланыў алмаған еки жәмәәттиң қуўдаланған жәмәәтлер екенин байқадыңыз ба?
ҚУДАЙ БИЗЛЕР МЕНЕН БИРГЕ!
Сени ҳеш қашан таслап кетпеймен,
Ҳеш қашан қалдырмайман». Еврейлерге 13:5
Бизлер қуўдалаўлардан жалғыз өзимиз өтпеймиз. Ол бизлер менен жолымыздағы ҳәр бир адымымызда бирге болып, аспанға баратуғын жолды бизлер менен бирге басып өтеди.
Масийхтың шәкиртлери қуўдаланады?
Сиз таярсыз ба?