Он еки шәкирттиң өмир баяны
Бир неше тийкарғы адамлар.
Аўа, бир неше тийкарғы адам.
Минекей, Масихқа керек болған нәрсе – бул бир неше тийкарғы адамлар.
Бүгин шешим қабыл ететуғын күн. Ийса Өз командасының ағзаларын таңлап атырғанын көремиз. Ийсаның мақсети – Өз избасарлары арасынан тийкарғы адамлар топарын жыйнаў. Ол бул адамларға өз алдына (Ол дүнья тарийхындағы ең жақсы устаз) тәлим береди ҳәм Ол Өзи Қудай болып шықты.
Оның командасы Өзи атанақ ағашта қайтыс болмағанша, Оның көлеңкеси болады.
Ол Өз ўақтының көпшилик бөлегин бағышлайтуғын ҳәм өмириниң ақырында дейин, Өз күшин сарплайтуғын 12 ер адам.
Ийса кеткеннен соң, жәмәәтти қурыў бойынша жуўапкер болатуғын 12 ер адам.
Команда ушын дурыс адамларды таңлаў – Оның Жер планетасында болған ўақыттағы ең әҳмийетли шешими болып табылады. Соңғы еки мың жыл даўамында қабыл етилген ең әҳмийетли шешимлердиң бири.
Сонлықтан, асықпаў керек, Ийса, асықпаў керек. Егер бул жигитлер исенимди ақламаса, жәмәәт мәселесинде ҳеш нәрсе келиспейди ҳәм миллионлаған адамлар (соның ишинде бизлер де)
дозаққа барады. Себеби ҳеш ким бизлерге ҳақыйқатты үйрете алмайды.
Бирақ асықпаў керек, Ийса, асықпаў керек.
Ийсаның Өз командасы ушын дурыс адамларды таңлаўының әҳмийетин аса баҳалаў мүмкин емес. Егер бүгин сиз масихый болсаңыз, онда бул Ийсаның Өз командасына адамларды дурыс таңлағаны себепли болды.
Бизлер көп әжайып аятларды таллап шығыўымыз тийис ҳәм бирге өткизетуғын ўақтымыз еле де тәсирлирек болыўы ушын, келиңлер, дуўа етиўден баслайық.
Әке, бизиң жүреклеримизди тынышландыр.
Бизлерге дыққатымызды жәмлеўге жәрдем бер.
Бизге үйрет.
Сенсиз бул босқа өткизилген ўақыт болады.
Сениң Руўхыңның үйретиўине таяр болыўымыз ушын, жәрдем бер.
Ийсаның аты менен. Аўмийин.
Биз Лука жазған Хош Хабарды оқый отырып, оның 6-бабына келгенимизде, Ийсаның жәмийетлик хызмети шама менен бир ярым жылдан бери болып атыр еди. Я болмаса, астыртын айтқанда, бул Ийса 12 шәкиртин таңлаған ўақытта, сиз пышақ алып, Оның хызметин еки бөлекке бөлгениңизге уқсайды.
Және бир ярым жыл өткеннен соң, Ол қайтыс болады.
Егер сиз Ийсаның хызметиниң еки бөлегине қарайтуғын болсаңыз (Ол 12 шәкиртин таңламастан бурын ҳәм Ол шәкиртлерин таңлағаннан соң), сиз үлкен айырмашылықты көресиз.
Биринши бөлек даўамында, Ийса көп избасарларын жыйнады ҳәм дерлик ҳәмме исти Өзи орынлады, қандай да бир районда Өз кәраматларының көбисин иследи ҳәм адамларға көбинесе тийкарғы ҳақыйқатларды үйретти.
Ол он еки шәкиртин таңлап алғаннан соң, хызметтиң көпшилик бөлегин олар орынлады. Ал Ийса көплеген орынларға саяхат етип, адамларға исенимниң еле де тереңирек ҳақыйқатларын үйретти.
Лука 6:12
Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди.
Шешим қабыл етилиўи керек болған күн де келди. Ийса Өз командасының ағзаларын таңлайтуғын күн.
Сонда Ийса бул жерде бизлерге әҳмийетли шешимлер қалай қабыл етилетуғынын көрсетеди.
Лука 6:12
Ийса 5 минут дуўа еткен бе еди? ЯҚ!
Сол күнлери Ийса дуўа етиў ушын таўға шықты ҳәм түнди Қудайға дуўа етиў менен өткизди.
Әҳмийетли шешимлер салдамлы ҳәм күшли дуўа етиўди талап етеди.
Усы аят тийкарында мениң бир достым ҳеш қашан бир күнниң ишинде шешим қабыл етпеўди әдетке айландырды. Егер мүмкин болса, ол машқала ушын бир түн удайына дуўа етеди. Кейин қандай да бир шешим қабыл етеди.
Ҳәммеси түсиникли болыўы ушын, және бир мәртебе тексерип көремиз. Не ушын Ийса команда жыйнайды?
Жуўап: Ийса аспанға қайтып кеткеннен соң, Ол туўралы Хош Хабарды ҳәмме жерде тарқатыў ушын, оларды үйретиў мақсетинде.
«Өйткени сизде бир күнде 24 саат ғана бар ҳәм сиз тек бир өмирге ғана ийе болғаныңыз себепли, ўақытты босқа жибермеўиңиз тийис. Бул демек, сиз өз өмириңизди сизиң оларға бере алатуғын нәрселерди түсиниўге ҳәм қабыл етиўге таяр болған ҳәм усыны қәлейтуғын дурыс адамларға бағышлап атырғаныңызға исенимли болыўыңыз керек.
Усы қатарларды және бир мәртебе оқып шығың. Оларда дана кеңес бар!
Ийса солай ислеген еди.
Биз Ийса сыяқлы өмиримизди ылайықлы түрде жасаўымыз ушын, кимге жүрегимизди ашыўымыз кереклиги бойынша дуўа етиўимиз тийис.
Бирақ Ийса жыйнаған командаға итибар берип, мынадай сораў қойың: «Не ушын 12?» Не ушын 11, 10 ямаса 13 емес? Тек Қудайға мәлим болған себеплерге байланыслы тийкарғы сан 12 болып табылады.
Ески Келисимде еврей халқының урыўлары нешеў еди? Аянда да жаңа Ерусалимде 12 дәрўаза, 12 периште, 12 тийкар болып, оның көлеми узынлығы, ени ҳәм бийиклиги бойынша 12 мың стадия. Және де, ол жерде 12 түрли мийўе бар.
Өзиниң 12 шәкиртине Ийса былай дейди:
Матта 19:28
Мениң изиме ерип жүрген сизлер де он еки тахтқа отырып, Израил халқының он еки урыўын ҳүким етесизлер.
Сонлықтан Ийсаға командасы 12 адамнан ибарат болатуғынын шешиў ушын көп ўақыт керек болмаған болыўы мүмкин.
Ақыллы еврей ушын «Өз командасы ушын 12 адамды таңлаў» деген сөзлер Даўыт 12 урыўды басқарған сол даңқлы күнлерди еслетеди.
Бирақ Ийсаның таңлаған командасына қарап: «Бул әпиўайы, ҳеш қандай айрықшалыққа ийе болмаған адамлар топары емес пе?» – деп сорағанларға не деўимиз керек? Бул адамлар Ийса пүткил түни бойы дуўа етип болып таңлаған адамлар еди-ғо.
Бул адамлар дуўаға берилген жуўап па?
Онда келиңлер, Ийса таңлаған адамларға еле де дыққат қойып қарайық.
Лука 6:13-16
Таң атқанда, Өз шәкиртлерин жанына шақырып алып, арасынан он екисин таңлап алды да, оларды «елшилер» деп атады. Олар: Ийса Петр деп атаған Шимон ҳәм оның иниси Андрей, Яқып пенен Юхан, Филип пенен Бартоломей, Матта менен Томас, Алпейдиң улы Яқып пенен ўатансүйер деп аталған Шимон, Яқыптың улы Яҳуда ҳәм кейин Ийсаға сатқынлық ислеген Яҳуда Исқариот.
Он еки шәкирттиң аты аталған барлық жерлерде Петр бәрқулла биринши орында турады. Ал Яҳуда Исқариот болса, бәрқулла соңғы орында турады.
Және де, олар бәрқулла 4 адамнан 3 топарға бөлинген. Ҳәр бир топардағы тәртип ҳәр түрли дизимлерде өзгерип турады. Бирақ шәкиртлердиң ҳәр бири бәрқулла бирдей топарда қалады.
Үйрениў мақсетинде, мен оларды азырақ басқаша қылып бөлиўди, яғный оларды 4 топарға бөлиўди шештим.
Ең белгили болғанлары мыналар: олар алдынғы сапта болып, биз олар ҳаққында көп нәрсе билемиз. Он еки шәкирттиң ишиндеги ең көрнекли үшеўи – бул жақсы сан. Ҳәмме жетекши бола берсе де, онша жақсы емес.
Кейин онша белгили болмаған 4 шәкирт болған топар келеди. Олар алдынғы сапта емес. Олар көлеңкеде қалып кетеди ҳәм биз олар ҳаққында азырақ билемиз. Бул екинши топардың өз сыйлары болып, олар айырым нәрселерди белгили шәкиртлерге қарағанда жақсырақ ислей алады.
Кейин белгили болмағанлар топарынан болған 4 шәкирт келеди. Олар Жаңа Келисим сахнасында дерлик жоқ. Биз олар туўралы онша билмеймиз.
Соңғы топар – бул жалған шәкирт. Сиз оның ким екенин билесиз. Келиңлер, усы топарларды гезек пенен қарап шығайық.
Биринши топардағы шәкиртлер бул – Петр, Яқып ҳәм Юхан.
Олар не ушын бул жерде? Өйткени олар басқалардан гөре, Ийсаға көбирек жақын еди. Биз олар туўралы көбирек билемиз. Олардың жетискенлерин ҳәм гүналарын билемиз. Олар туўралы Жаңа Келисимниң биринши төрт китабында көп сөз етиледи. Оларды Ийсаның жалғыз шәкиртлери деп ойлап қалыўға болады.
Биз олар туўралы анық нелерди билемиз?
- Олар қайтпас.
Петр Ийсаға барынша жақынласқысы келди. Ол суў үстинде жүриўди сораған адам еди. Матта 14:28
Яқып ҳәм Юхан аспанда Ийсаның қасында отырғысы келди. Марк 10:38
Соңғы кешеде Юхан Ийсаның көкирегине сүйенип жатты. Юхан 13:25
Басланғыш мектептеги мениң ҳәр бир топарымда басқаларға қарағанда тезирек ойлайтуғын қандай да бир қыз болатуғын еди.
Муғаллим сораў бергенде, ол Петр, Яқып ҳәм Юхан сыяқлы, өзин тахтаға шақырыўы ушын, қолын жоқарыға көтере береди.
Усы ер адамлардың Ийсаға барынша жақынлаўға умтылыўына қарап турып, биз мынадай сораў қоямыз: биз Ийсаға барынша жақынлаўды қәлеймиз бе? БИЗде усындай күшли қәлеў бар ма?
Усы үш адам қайтпас еди.
- Усы топардың шәкиртлеринде базы артықмашылықлар да бар еди. Олар Ийсаның жақын дослары еди.
Юханды Ийса жақсы көрген шәкирт деп атайды.
Усы үшеўи Яирдың қызының өлимнен тирилгенин көрди.
Усы үшеўи Масихтың түр-түсиниң өзгериўине гүўа болды.
Усы үшеўи Ийсаның жер бетиндеги соңғы түнинде Оған ҳәммеден гөре жақынырақ болды.
Масих атанақ ағашқа шегеленгеннен соң, Мәриямға ғамхорлық көрсетиў бойынша Юхан тапсырма алды.
Масихты ҳеш ким олардан көбирек билмейтуғын еди.
- Олар нәтийжели түрде жумыс та иследи.
Масих аспанға көтерилип кеткеннен соң.
Елшилердиң ислери 1:15. Петр өзине жетекшилик хызметин жүклеп, топарды ең әҳмийетли шешимге қарай бағдарлайды.
Елшилердиң ислери 2:14. Жәмәәт дәўиринде Петр өзиниң белгили болған биринши сөзлерин айтады. Оның сөзлери уллы еди.
Елшилердиң ислери 4. Петр ҳәм Юхан дәслепки қуўдалаўға дус келеди.
Елшилердиң ислери 12:2. Яқып азаплы өлим менен өлген 11 шәкирттиң бириншиси болды.
Петр Жаңа Келисимдеги 2 китаптың авторы болып табылады.
Юхан Жаңа Келисимдеги 5 китаптың авторы болып табылады. Олардың екеўи узын.
Бул тәсирлендиреди.
Бирақ олардың белгили болыўында жаман жерлери де бар.
- Биз көбирек олардың гүналары, кемшиликлери ҳаққында билемиз.
Ийса Петрди айыплап: «Жоқ бол көзимнен, шайтан!» – деген еди.
Петр Ийсадан үш рет танды.
Яқып ҳәм Юхан сүйиспеншилиги болмағаны ямаса турпайылығы ушын, «гүлдирмаманың уллары» деп аталған еди.
Ийемиздиң түр-түси өзгергенде, Петр үндемеўи тийис еди.
Ол Гетсимани бағында бир адамның қулағын шаўып таслады.
Павел Галатта Петрди айыплаўға мәжбүр болды.
Усы белгили шәкиртлердиң өмиринен биз өзимиз ушын қандай сабақлар алыўымыз мүмкин?
- Ҳәр бир масихыйға жақын дослар керек ҳәм Ийса бизлерге үлги көрсетеди. Ҳеш ким ҳеш қашан масихыйлар бөлек жасаў керек демеген. Туўысқанлық деген сөз «қарым-қатнас» дегенди аңлатады.
Усы шәкиртлер қарым-қатнас қылған.
- Егер сиз Қудайды излесеңиз, Оның қандай екенин билип аласыз ҳәм Оған жақынлайсыз. Биз мынадай қосық айтамыз: «Жәзийрамада кийик суўға ынтыққандай, мениң жаным да Саған ынтығар». Бул шәкиртлер Қудайға ынтықты ҳәм нәтийжеде олардың жанлары толды.
- Биз Қудайға қаншелли көбирек жақынлағанымыз сайын, өзимиздиң гүнакар екенимизди соншелли көбирек көрип барамыз. Бул шәкиртлердиң гүнакар тәбияты ҳеш жаққа да жоқ болып кетпеди. Оларда өлим алдынан тәўбе ететуғын гүналары болған едо. Ал сиз бүгин қандай да бир гүналар менен гүресип атырсыз ба? Әтирапқа бир қарап көриңлер, сиз қандай компаниядасыз, дөгерегиңизде кимлер бар?
- Егер Қудай сизди қолланғанын қәлесеңиз, онда Қудай дәслеп сизиң өмириңизди өзгертеди.
Шимон Петр, тас болды. Гүлдирмаманың улларының бири сүйиспеншилик елшисине айланды.
- Егер сиз гүна ислесеңиз, бул сизди дизимнен шығарып таслайды дегенди билдирмейди.
Бул шәкиртлер де көп қәте ислеген ҳәм оларға да руўхый тараўда ҳәммесин нольден баслаўға туўра келди. Сизиң де қолыңыздан келеди.
- Егер сизди усы жетекши болып табылатуғын жүдә белгили масихыйлардың қатарына киргизиўге болатуғын болса, онда аквариумдағы алтын балық сыяқлы жасаўға таяр болың. Жеккелик туўралы умытың.
Жоқарыда аты аталғанлар сыяқлы, сизди де Масихтың сондай белгили шәкирти деп атаўға бола ма? Егер аўа болса, Қудайға шүкир. Бирақ, абайлы болыңлар, менменликке берилип кетпеңлер.
Енди онша белгили емес шәкиртлер топарына өтемиз. Булар елеспесиз қалған төрт ер адам болып табылады. Олар артқы қатарларда отырды.
Андрей, Филип, Томас, Натаниел (Бартоломей)
Бизлер олар туўралы не билемиз?
Юхан жазған Хош Хабарда Андрей адамларды Ийсаға алып келеди. Мүмкин, ол Ийса ҳәммени көргиси келеди деп ойлаған шығар ҳәм сонлықтан өз ағасын, кишкене баланы, ҳәтте, яҳудий болмаған греклерди алып келди! Сиз мәнисин түсинесиз бе?
Адамның өзи ушын бундай абырайға ийе болыўы ылайықлы ис!
Және де, бир жақсырақ нәрсе бар. Ийсадан тысқары, оның ағасы Петр Хош Хабарда басқаларға қарағанда жийирек тилге алынады. Бирақ Андрей ҳеш қашан шағым жасамайды. Ол өз ағасының көлеңкесинде қалыўға таяр. Сиз усындай кең пейилликке ийесиз бе?
Келеси адам – Филип. Оны әстен үйренетуғынлардың қатарына тийисли қыламыз.
Ийса оннан бес адамды тойдырыў ушын аўқатты қаяқтан табыўға болатуғынын сорағанда, Филип жуўап бере алмады. ОЛ БУННАН БУРЫН ИЙСАНЫҢ КӨП КӘРАМАТЛАР ИСЛЕГЕНИН ӘЛЛЕ ҚАШАН КӨРГЕН ЕДИ. БИРАҚ СОЛАЙ БОЛСА ДА, ОЛ БУНДАЙ ЖАҒДАЙДА НЕ ДЕП ЖУЎАП БЕРЕРИН БИЛМЕЙ ҚАЛДЫ.
Ийса атанақ ағашқа шегелениўден алдынғы соңғы түнде Филип
Юхан 14:8 де былай дейди:
Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли.
Ийса менен бир неше жыллар даўамында жасағаннан кейин де, ол Ийсаның ким екенин түсинбеди. Ол ҳәр жылы қайтадан биринши класста қала беретуғын баладай.
Онша белгили болмаған шәкиртлер топарында қалыўшы бизлердиң ишимиздеги айырымларымыз ушын, Ийсаның арамыздағы биримизди 12 шәкирттиң биреўи қылып таңлап алғаны жубаныш болады.
Енди биз жүдә қатал ҳүким ететуғын Томасқа өтемиз.
Юхан 11:14-16
Сонда Ийса оларға ашық айтып: – Лазар өлди. Сизлердиң исениўиңиз ушын, Мениң сол жерде болмағаныма сизлер ушын қуўанышлыман. Ал енди оған барайық, – деди. Сонда Егиз деп аталған Томас шәкиртлерге: – Жүриңлер кеттик, бизлер де Оның менен бирге өлемиз, – деди.
Томас ҳүкиметтиң жек көриўи қандай болатуғынын биледи. Он еки шәкирт өлип қалыўы да мүмкин еди. Бирақ оның не айтатуғынына қараң. Ол Ийса менен айырылғысы келмеди. Ол Ийсасыз жасай алмады. Ол Ийса менен бирге өлиўге таяр еди.
Сонлықтан Томас ақырында өлимнен тирилген Масихты көрди ҳәм ол: «Ийем мениң, Қудайым мениң!» – деген еди. Бул мүмкин, меланхолик типиндеги басқа адамлардың ҳәммесине олардың да өзлери ушын беккем тийкар таба алатуғынына үмит бериўши Мухаддес Китаптағы исенимниң ең уллы көриниси шығар.
Натаниел (оны Бартоломей деп те атаған) сол топардан мақтаў алатуғын жалғыз адам.
Юхан 1:46-49
Натаниел оған:
– Насырадан жақсы нәрсе шығар ма еди? – деди.
– Келип көр, – деди Филип.
Ийса Натаниелдиң Өзине жақынласып киятырғанын көрип, ол ҳаққында былай деди:
– Мине, ишинде ҳийлеси жоқ, нағыз израиллы.
Натаниел Ийсадан:
– Мени қаяқтан таныйсаң? – деп сорады.
– Филип сени шақырмастан бурын, сени әнжир ағашының астында көрдим, – деп жуўап берди Ийса.
Натаниел Ийсаға:
– Устаз, Сен Қудайдың Улысаң, Сен Израилдың Патшасысаң! – деди.
Биз бул жерде Натаниелдиң күннен бурын шек қойып таслағанын көремиз. Не, Насыра? Бул бир жердиң түби-ғо!
Бул жерде ол тоқтатыў керек болған қандай да бир кемситиў көринеди. Юхан 1:47 де Натаниел жоқары әдеп-икрамлығы ушын, мақтаў алады.
49-аят: биз ең баста исенимниң күшли көринисин көремиз. Қарама-қарсылыққа итибар қаратың. Натаниел Ийсаны ушыратады ҳәм дәрҳал-ақ, адам денесиндеги Қудайдың көреди. Ийса менен үш жыл болған Филип пенен салыстырғанда, ол, ҳәтте, Ийса атанақ ағашқа шегеленбестен бурын да буны түсинбеген еди. Бул топардағы усы адамлардың көбисинде қандай улыўма уқсаслық жери бар? Натаниелдиң исеними қандай екени жоқарыда сүўретленгенине қарамастан, олардың исеними ҳәлсиз еди. Мүмкин, сизди усы топарға тийисли қылыўға болатуғын шығар. Сиз өз исенимиңизди ҳәлсиз деп есаплайсыз ба? Шешим тек ғана биреў, Римлилерге 10:17
Демек, исеним еситиў арқалы пайда болады.
Сизди машқалаңыздан тек усы нәрсе ғана шыпалайды. Қудайдың китабынан ҳәр күни азық алып турың.
Жүдә белгили ҳәм онша белгили емес шәкиртлердиң топарлары усындай.
Енди белгисизлердиң топарына өтемиз. Бул топардың усылай аталыўының себеби биз негизи олардың ҳеш бири туўралы ҳеш нәрсе билмеймиз.
Олардың атлары: Матта, Яҳуда (ол да Лебий ҳәм Тадей деп аталған), Алпейдиң улы Яқып ҳәм Шимон Зилот.
Салықшы Матта. Ийсаның заманында, халық салықшыларды қаншелли жек көргенин сиз билесиз бе? Олар өз халқынан салық жыйнап, оны рим басқыншыларына берген ҳәм бул арқалы Израилдың душпанларына жәрдем берген.
Салықшылар ашкөз, сатқын, уры, жәмийетлик азғын, ўатанын сүймейтуғын, нызам бузыўшы, жәмийет шығындылары, шетке шығып қалған адамлар еди. Яҳудий жетекшилери салықшыларды жек көргени соншелли, оларға судта көрсетпе бериўге ямаса Ибадатханаға кириўге рухсат етпеген.
Бирақ биз Масихтың сүйиспеншилиги, ҳәтте, азғын Маттаға да берилгенин түсинемиз бе?
Бул адам ҳақыйқаттан тәўбе етип, Ийсаны өз үйине аўқатқа мирәт еткенде, Ийсаның оған барғанын түсинемиз бе? Усы адам Жаңа Келисимде Ийсаның биринши өмир баянын жазады.
Сиз ҳақыйқаттан тәўбе еткен «азғынды» Ийемиздеги туўысқан сыпатында қабыл ете алған болар ма едиңиз? Усылай ислей алған болар ма едиңиз?
Келеси адам – Яҳуда (ол Лебий ҳәм Тадей деп те аталды). Ол бир сораў береди.
Юхан 14:22
Исқариотлы емес басқа Яҳуда Ийсаға:
– Ийем, бул қалай болғаны, Өзиңди дүньяға емес, бизлерге көрсетежақсаң ба? – деди.
Мессия дүньяны басқаратуғын болады, сонда неге дүнья сени ҳәзир көрмей атыр? Басқа сөз бенен айтқанда, Сен пүткил дүнья бойлап Өз Патшалығыңды қашан орнатпақшысаң? Сен бизлерди римлилерден азат қылып, бизиң елимиздиң даңқын қайтармақшы емессең бе?
Бул сораў Ийса атанақ ағашқа шегелениўге бармастан алдын кеште берилген еди. Ийса тек Өз Патшалығын орнатыў түўе, келеси күни өлиўи керек еди.
Бирақ оның сораўына және бир мәртебе қараң. Сиз онда кишипейил көрип турсыз ба?
Ол не ушын он еки шәкирт Ийсаны көриўдей ҳүрметли мүмкиншиликти алатуғынын, ал басқалар алмайтуғынын сорайды. Ол Ийсаны «бөлисиўге» таяр. А сиз ше?
Ал енди Алпейдиң улы болған әжайып Яқып.
Мен топарда оқыў барысында «Петрден» (ҳәммеден көп сөйлейтуғын ҳәм ҳәммеден көбирек белсенделик көрсететуғыннан) усы Яқып туўралы доклад ислеўди сорадым.
Нәтийжеси бәрқулла бирдей болды. Ҳәмме албырап қалды ҳәм бундай адам он еки шәкирт топарына қалайынша түсип қалғаны себепли таң қалғанлықтан, не айтарын билмейтуғын еди.
Алпейдиң улы Яқып қандай сораўлар беретуғын еди? Ҳеш қандай.
Ол Мухаддес Китаптағы қандай китапларды жазған еди? Ҳеш қандай. (Яқыптың хаты Ийсаның өгей иниси тәрепинен жазылған)
Ол қандай сөз сөйлеген еди? Ҳеш қандай.
Ол қандай көрнекли ислери ислеген еди? Бизлер билетуғындай ҳеш қандай.
Биз бул адам ҳаққында жалғыз бир нәрсени, яғный оның атын ғана билемиз. Болғаны.
Марк оны кишкене Яқып деп атайды (Марк 15:40). Бул оның аўырлығы жеңил, жасы киши, тәсири аз болғанын билдире ме? Мен билмеймен.
Мен билмеймен. Бирақ бул сүўретлеме оны мақтамайтуғын шығар.
ОЛАЙ БОЛСА, ИЙСА НЕ УШЫН БУЛ АДАМДЫ ТАҢЛАҒАН ЕДИ? Ийса Сен усындай уялшақ адамды таңладың ба? Егер Сениң жәмәәтиң Ийса ушын шәкиртлерди таңлағанда, бул адам ҳеш қашан усы дизимге түспеген болар еди. Биз жетекши супер жулдызларды қәлеймиз. Алпейдиң улы Яқып бундай емес еди.
Деген менен, Ийса усы адамның Өз командасында болыўын қәлеген еди. Ийса оны ҳеш қашан сынға алмайды ҳәм топардан шығарып жибермейди.
Сиз тыныш исениўшилерге азырақ ҳүрмет пенен қарайтуғын ўақыт келген шығар?
Шимон Зилот.
Не? Зилотлар террористлер, биринши әсирдиң ИМ и болған еди. Оларды «қанжаршылар» деп атайтуғын еди. Не ушын екенин түсинесиз бе?
Ийсаның хызмети басланыўдан 20 жыл алдын, олар Римге қарсы қозғалаң көтерген ҳәм сол қозғалаң жаўызларша бастырылған еди.
Не ушын Ерусалим б. эсиримиздиң 70-жылы қыйратылып, көплеген еврейлер өз елинен қуўып жиберилген еди? Өйткени зилотлар яҳудийлер жеңилип қалған өлимши гүреске алып келген басқа қозғалаңды шөлкемлестирген еди.
Бул гүрестеги соңғы саўаш Масада атлы таўлы қорғанда жүз берди. Зилотлар сол жерден артқа шегинди ҳәм римлилерге тәслим болмаў ушын, көплери өз жанына қас қылды. Зилотлер Израилды қыйралыўға алып келди.
«Егер руўх, мақсетлер ҳәм усыллар туўралы айтатуғын болсақ, Ийса менен Шимон арасындағы соншелли парық басқа ҳеш кимде болмаған еди. Олардың бири урыс усылларынан, қылыш ҳәм қанжардан пайдаланды. Ал басқасы исенимниң жумсақ, бирақ күшли қуралынан пайдаланды».
Ийса Өзиниң он еки шәкирти қатарына бурын зилот болған адамды таңлады ма? Усы зилот бул белгисизлер топарына түсип қалды ма? Ийса, бул жигит пенен сүўретке түсиўди қәлейсең бе? Адамлар Сени оның экстремистлик көз қарасларын мақуллайды деп ойлап қалыўы мүмкин. Сен не ушын Өз жолыңнан қайтып, зилотлар партиясы менен байланысасаң? Бул сиясий жақтан дурыс емес. Бул улыўма қабыл етилген түсиниклер ҳәм саў ақылға қайшы келеди.
Масих қутқара алмайтуғын адамлар жоқ екенин биз түсинемиз бе? Пайдасызлар жоқ екенин де биз түсинемиз бе? Солай етип, исениўшилер, Павел ҳәм басқа таң қаларлық адамлар сыяқлы адам өлтириўшилер өз гүналары ушын шын жүректен тәўбе етип, Қудайдың хожалығына қосылса ҳәм Оған тәсирли түрде хызмет етсе, ҳайран қалмаң.
Қудайдың сүйиспеншилигине экстремистлер де бөленеди.
Ийса ерси адамларды дизимнен шығарып таслаған жоқ. Сонлықтан биз де бундай қылмаўымыз керек.
Ал өзгерген өмир туўралы не айтыўға болады? Басқа шәкиртлерге кеўилсизлик әкелип, баслаўшы болыўдың орнына, Шимон Зилот белгисизлер топарындағы шәкиртлер қатарында болып, сөз сөйлемейди ҳәм енди Масих өз өмириниң Ийеси болғанда, көлеңкедеги орнына қанаат етеди.
Шимон Зилот ҳәм Маттаның биреликтеги жумысы туўралы ойласаң, күлкиң келеди. Есиңизде ме, Матта бурын римлилерге жумыс ислейтуғын салықшы еди, ал зилотлар салықшыларды өлтиретуғын еди.
Шимон Маттаға ҳәр күни азанда келип: «Азанғы аўқатты жатырған жерине әкелип береўимди қәлейсең бе?» – деп сорады ма екен? Матта Шимонның аяқ кийимин тазалай алады ма?
Он еки шәкирт арасында усы еки ер адамның да болғаны жәмәәт қандай болатуғыны туўралы пайғамбаршылық деп аталған еди. Бул қарама-қарсылықлар аўқамы.
Бирақ биз негизинде усы төрт белгисиз шәкирт туўралы олардың өтмишинен басқа не билемиз? Олар жақсы ўазшы болды ма? Олар Ийемизге кимлерди алып келди? Олар қандай жақсы нәрсе иследи?
Биз ҳеш нәрсе билмеймиз.
Солай етип, олар бизлерге қандай сабақлар берди? Шәкиртлердиң ҳәммеси де жер бетинде бирдей тән алыныўға ерискен жоқ. Егер сиз усы топарға түсип қалсаңыз, жақсылық ислеўден жалықпаң. Усы шәкиртлерди ҳеш ким ҳеш қашан көлеңкеде болды деп айыпламаған. Биз оларды писент етпей, оларға жоқарыдан қарай алмаймыз.
Усы 11 шәкиртке қарап отырып, биз шәкирт арттырыў – бул қабақлы икра ислеген менен бирдей емес екенин түсинемиз. Икралы банкалардың ҳәммеси бирдей. Ал шәкиртлердиң болса, қаншелли басқа-басқа екенине қараң. Олардың ҳәммеси де шәкиртлер, бирақ минез-қулықлары ҳәм қәбилетлери менен олардың ҳәммеси ҳәр қыйлы.
Сизиң шәкиртлериңиз болатуғын адамлар сизлердиң клоныңыз болмайды.
Солай етип, жүдә белгили, онша белгили емес, белгисиз шәкиртлер бар.
Жалған шәкирт Яҳуда Исқариот туўралы не айта аламыз?
Ол он еки шәкирттиң ишиндеги арқа тәрептеги Галиладан болмаған жалғыз бир өзи еди (тилекке қарсы, жәмәәттеги көплеген қазнашылар оның жолы менен жүрди).
Ең жақсы ер актер роли ушын сыйлық Яҳудаға бериледи. Ийсаның он еки шәкирттиң ишиндеги биреўи Өзин сататуғынын айтқаны бизди қатты ҳайран қалдырыўы керек. Олардың ҳеш бири де: «Бул – Яҳуда», – деп айтпайды. Олардың ҳеш бири де, ҳәтте, Яҳудада бәрқулла қандай да бир ерси нәрсе болғанына шама да қылмайды.
Бул ҳаққында ойлап көриң. Усы ер адамлар мүмкин шәкиртлер топарына сайлап алыныўдан бурын бир-бирин билген шығар. Олар Ийсаның командасына қосылыўға шақырылғанда, Ийса атанақ ағашқа шегелениўге дейин, олар ҳәптесине жети күн удайына бирге болды. Олар бирге аўқатланды, саяхат етти, бир жерде уйықлады. Олардың бирде бири Яҳуданың ҳақыйқаттан ким екенин билмейди.
Бул бизди қатты қорқытыўы тийис.
Егер Ийсада Яҳудадай адам болған болса, онда бизде де сондай адам болыўы мүмкин екенин түсинемиз бе?
Тәўбе етиў ўақты: жыллар даўамында айырым жәмәәт хызметлеринде шопан қутқарылыў жобасы туўралы айтқанда ашыўым келетуғын еди. Буны ислеўдиң неге кереги бар еди? Сол хызметлерде қонақлар болған да жоқ. Олай болса, шопан қутқарылыў жобасы туўралы неге айтты?
Ал жуўап мынадай болды: ол жерде Яҳудалар болыўы мүмкин еди.
Мүмкин, мен шопанның аўзынан еситкен ең қорқынышлы нәрсе – бул «аспанға барғаныңызда, биреўлердиң бармағанына ҳайран болыўға таяр турың». Базылар жақсы актерлар болды, бирақ олар ҳеш қашан Масихқа исенбеген еди.
Яҳуда әжайып актер болды. Ол ислеў керек болған нәрсени иследи, бирақ шын жүректен ислеген жоқ. Ол ҳәммени алдайтуғын еди. Оның избасарлары бүгин абаданшылыққа жасамақта.
Сонлықтан, шопан екшемби күни қонақлар болмағанда, қутқарылыў жобасы туўралы айтқанына шағым жасаўдың орнына, мен тыңлаўшылар арасында болыўы мүмкин Яҳудаларды Мухаддес Руўхтың әшкаралаўы ушын дуўа етемен.
Солай етип, биз усы төрт топарға қарағанымызда, ойымызға еки сораў келеди.
Бириншиси: Ийса не ушын Яҳуданы шәкирт қылып таңлады? Мен өзиме усы сораўды бердим, сиз де бересиз.
Бирақ маған: «Ийса он бир шәкирт пенен бундай табысларға қалай еристи?» – деген басқа сораў бериў керек деген басқа жақсы ой келди. Усы шәкиртлер менен бирге Ийсаның табысы 91,6 % ды қурады. Бул өз өмирлерин Масихқа берген ҳәм өмирлериниң ақырына дейин, Қудайдан қорқып хызмет еткен сол он екиниң 91, 6 % ы.
Ҳеш бир мектеп ямаса жәмәәтте сиз усындай табыс дәрежеси ҳаққында ҳеш қашан ҳәм ҳеш жерде еситпегенсиз.
Ийса шәкиртлердиң ең табыслы устазы болды. Ойланып көрип, он бир шәкирттиң табысын баҳалаң. Олар табыслы түрде ислегени ушын, сизлер қутқарылдыңыз.
Екинши сораў: Ийса не ушын усындай әпиўайы адамларды таңлап алды?
Балықшыларды.
Мен буған жуўап бере аламан деп ойлайман.
Мениң бир достыма жаңа үй табыў керек болғанда, биз дәслеп көп жыллар даўамында қасынан өтип жүрген бир үйге бардық. Саўда менеджери квартираны көрсетиў ушын бизди апарғанда, демим тығылып қалды. Бул журнал бетиндеги гөззаллардай шырайлы, таң қаларлық сулыў, орта жастағы ҳаял еди. Мен оған көз үзбей қарамаўдан өзимди тыя алмадым.
Бирақ ол қандай да бир «ийт өлген жерди» реклама қылды. Бул үйдеги подъездлер қараңғы, тойғын қоңыр реңге боялған еди. Ал биз көрген квартира жүдә кишкене, тар болып көринди. Мен ол жерден көз жасларымды зорға тыйып шықтым.
Кейин биз достым менен басқа үйди көриўге бардық. Саўда бойынша менеджер орта жаста болып, әстен ҳәрекет ететуғын еди ҳәм бул ҳаял туўралы мениң ҳеш нәрсе есимде жоқ.
Бирақ бизлер достым менен ҳаялдың кеңсесинде бир сәтке аўлақ қалғанымызда, достым мени түртип жиберип: «Сен оны ҳеш тыңлап турған жоқсаң. Сен әлле қашан мениң мебеллеримде қойыстырып атырсаң», – деди. Достым ҳақ еди.
Бул саўда менеджери усынған квартира жақты, заўықлы, заманагөй ҳәм кең еди.
Мениң достым қайсы қвартираны таңлағанын табың.
Сиз мәнисин түсиндиңиз деп үмит етемен.
Масихты жақсы тәрептен усыныў ушын, шектен тыс сулыўлық ямаса талантқа ийе болыў шәрт емес. Өзиңе дыққатты тартыў да шәрт емес. Ийса дүньяға Өзин көрсететуғын, қутқарылыўды тек Масихқа деген исеним арқалы табыўға болатуғынын айтып беретуғын команданы сайлап алды.
Мәңгиликтеги адамлардың тәғдири Ийсаның командасының исиниң табысына байланыслы. Сонлықтан Ийса адамларға Өзин көрсететуғын әпиўайы, қарапайым жигитлерге қарата сөйлейди. Булар адамларға өзлерин емес, ал Ийсаны көрсетип, Ийса ушын ҳәр қандай қәўипке барады ҳәм керегинен де көбирек ислейди. Ийса Өз командасына усындай адамларды сайлайды.
Биз буны түсинемиз бе?
Қудай адамларды бай, ақыллы, қәбилетли ямаса жоқары жәмийетлик дәрежеге ийе болғаны себепли таңламайды.
Бул он бир ер адамда бүгин бизлерге айтатуғын сөз бар: Қудай әпиўайы адамларды излейди.
Оған еретуғын мен, сиз сыяқлы әпиўайы адамларды.
Шетте турыўды қойып, Қудай сизди Өз командасында қолланыўына жол қоясыз ба?
Усы 12 елшиге қарағаныңызда, сиз олардың ишиндеги киммен деп ойлайсыз?
Сиз олардан нени үйрене аласыз?
Еле де тәсирлирек болыў ушын, сизге қандай өзгерислер керек?