Қәўипсизлик сеткасы
Бизлер болып атырған имарат жанып атыр. Холл түтинге толып кеткен. Сонлықтан сиз текше бойлап төменге түсе алмайсыз. Сиз ҳаўлығып қалдыңыз. Не қылыў керек?
Бирден, сиз сиренаны, бәлент даўыслы сиренаны еситесиз ҳәм айнаға жуўырып барасыз. Төменде өрт өшириў машиналары, шланглар ҳәм тамашаға жыйналған аламан турады.
Бирақ еле де әҳмийетлиси, сиз әйнегиңиздиң астында үлкен торды тутып турған өрт өшириўшилерди көресиз. (Үлкен қалалардағы айырым өрт хызметлери жоқары қабатларда қалған адамларды қутқарыў ушын қамсызландырыў торын жалғыз қурал сыпатында пайдаланады.)
Сиз әйнектен секиресиз ҳәм тор сизиң туўрылап түсип баратырғаныңызды тоқтатып, сизди қақшып алады. Бул өрт өшириўшилер торында сиз қәўипсиз боласыз. Бул тор сизди қутқарып қалды.
Руўхый аўыр күнлер сизге соққы жасайды. Сизиң душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арыслан сыяқлы әтирапты айланып жүр ҳәм ол сизди шектен тыс мазалы деп шешти.
Сиз ҳаўлығып турсыз.
Сиз күшли қысқы астындасыз.
Сиз күшли соққыларды қабыл етесиз.
Сиз жарақат алғансыз, түскинликдесиз, түңилип қалғансыз.
Сиз руўхый түсесиз ҳәм тезлик пенен қулайсыз.
Сизге не жәрдем етиўи мүмкин?
Сонда сизди қақшып алыў, қорқынышлы жарақатлардан қорғаў ҳәм қолдан келгенинше тезирек аяққа турғызыў ушын, руўхый қамсызландырыўшы тор жәрдемге асығады.
Руўхый қамсызландырыўшы тор деген не? Бул уллы руўхый ҳәлсизликлер менен мүтәжликлерди жеңиў ушын, өзиңизге жәрдем ретинде сиз ядлап алған бир неше тийкарғы аятлар болып табылады.
Сиз бул аятларды өз атыңыз сыяқлы жақсы билесиз ҳәм кризис ўақытларында оларға қатты жабысып аласыз ҳәм олар сизлерди қутқарады, қорқынышлы жарақатлардан қорғап, сизге жақсы жерге қоныўға ҳәм және аяққа турыўға жәрдем береди.
Өрт өшириўшилердиң торы сизиң денеңиздиң қәўипсизлиги ушын не ислесе, руўхый қамсызландырыўшы тор да сизиң жаныңыз ушын сол нәрсени ислейди.
Солай етип, сораў мынадай: сиз өз қәўипсизлик торыңызды таярлап, өзиңиз ушын келешек жоба дүздиңиз бе?
Есте сақлаңлар! Шайтан сизге алдын ала ўақыт белгилемейди. Сиз оның қашан ҳүжим жасайтуғынын ҳеш қашан билмейсиз. Сиз зәрүр ўақытта таяр турыў ушын, бүгин таярсыз ба?
Келиңлер, ҳақыйқатшыл болайық. Бизлердиң ҳәммемиздиң де ҳәлсиз жерлеримиз бар. Ҳәммемиздиң де. Сизиң досларыңыздың да сизлерден басқаша болған ҳәлсиз жерлери бар шығар. Бирақ исениңлер, өмириңизде пайда болған басқа адамлар қаншелли жыйнақлы болып көрингенине қарамастан, олар бәри бирде сизлердикинен де күшлирек ҳәлсиз тәреплерге ийе.
Шайтан бизге ҳүжим қылса, ол бизиң өмиримиздиң қандай тараўларына ҳүжим қылыўға тырысатуғыны әдетте ҳайран қалдырмайды. Ол әдетте жыллар даўамында бурын биз сәтсизликке ушыраған ҳәлсизик тәреплеримизге қарсы ҳүжим жасайды.
Қәўипсизликтиң руўхый торы – бул сизге Қудайдың жолында беккем турыў ушын жәрдем беретуғын тез қайта тиклеўши усыл.
Сизиң руўхый қамсызландырыўшы торыңыз неден ибарат болыўы тийис? Мен билмеймен. Бирақ мен сизге өзимдики туўралы айтып, сиз бенен бөлисе аламан. Бул маған өзимдикин пайда етиў ушын пикир береди.
Мениң қамсызландырыўшы торым мениң масийхый өмиримниң ажыралмас бөлеги болып табылады. Мен олсыз үйден шыға алмайман. Ол мениң ҳәлсиз тәреплеримди қорғайды. Маған өмир соққыларынан тез қайта тиклениўге жәрдем береди ҳәм өз нәтийжелерин көрсетеди.
Мен сизге өзимниң қамсызландырыўшы торым – бул сиз ушын керек болған нәрсе деп айта алмайман, ал меникинен трамплин сыпатында қоллансаңыз ҳәм бул сизге өзиңиз ушын ислейтуғын торды жаратыўға жәрдем береди деген үмиттемен.
Бизлер өзимиздиң қамсызландырыўшы торымызды Қудайсыз жарата алмағанымыз себепли, келиңлер, Оннан ҳәзир-ақ жәрдем сораймыз. Маған қосылып, дуўа етиң.
Әке!
Сен бизлерге Мухаддес Китапты қолланыўымыз ушын сыйладың. Әсиресе өмиримиздиң қыйын ўақтылары жәрдем етиўи ушын, өмиримизде ол бойынша жасаўымыз ушын солай иследиң. Өз жеке қамсызландырыўшы торымызға ийе болыўымыз кереклиги бойынша, бүгин көзлеримизди аша гөр. Шайтанның ҳүжимлерине таяр болыўымыз, олардан тез өзимизге келиўимиз ушын ҳәм бизлерге өз қамсызландырыўшы торымызды қурыў ушын, даналық бере гөр. Бизлер Сенсиз ҳеш нәрсе ислей алмаймыз. Бизлер Сеннен жәрдем сораймыз. Ийса Масийх аты менен дуўа етемиз. Аўмийин.
Қамсызландырыўшы тор қурыў ўақты келди. Келиңлер, баслайық. Руўхый кризис ўақтында, мен жәрдем алатуғын биринши аят қандай? Аңсат сораў.
Забур 45:11а
«Тоқтаң ҳəм билиң, Мен Қудайман!»
Қыстаўлы жағдайларда мен биринши гезекте усы аятқа нәзер саламан. Бул қадағалаўға байланыслы.
Қулағымның ушында жүзимдей исик пайда болғанда, мен үйге соншелли ашыўлы болып қайтаман. Телефонымды өширип таслайман ҳәм өз үйимниң еденинде созылып жатаман. Мени күндизги нурдан таса қылатуғын бир нәрсе жүз берсе, бул маған затларды мен қадағаламайтуғынымды және бир мәртебе еслетип қояды. Ондай болса, оларды ким қадағалайды?
Забур 45:11
«Тоқтаң ҳəм билиң, Мен Қудайман!»
Қудай қадағалайды. Қудай қадағалайды. Қудай қадағалайды. Ол ҳеш қашан басқарыўды қолдан бермеген ҳәм ҳеш қашан бермейди де. Ол ғапылда қалған жоқ. Ол уйықлап қалған жоқ. Ол компьютердиң бир жеринде жойтылып қалған жоқ.
Ҳәмме дәўирлерде де, ҳәр қандай жағдайларда да, ҳәмме ўақыяларды Қудай басқарады ҳәм қадағалайды. Бул бизлер тап болған Қудай жаратқан дүньяда жүз берди. Қудай Өз ерки бойынша ҳәр бир кризиске бир ўақытлары бизлерге қарсы соққы бериўге жортаға жол қояды Буннан тысқары, Қудай пүткиллей дана, пүткиллей сүйиўши, пүткиллей ийгиликли.
Егер Мухаддес Китап айтқанындай, Ол ҳақыйқаттан да дана, ийгиликли ҳәм сүйиўши болса, онда неге мен жолдан қашып, Ол қәлеген нәрсени ислеўге Оған жол қоймайман. Өйткени Оған бизлер ушын нелердиң ең жақсы екени белгили-ғо. Себеби Ол қәте ислемейди.
Оҳ, уўҳ! Қандай жеңиллик. Бул аятқа бойсына алыўым ушын, маған бул еслетпе керек болды. Еврей тили күшли. Бул аятты мыңғырлап оқыўға болмайды. Сөзбе-сөз ол: «ТШ! ТЫНЫШ! ТЫНЫШЛЫҚ!» – дегенди аңлатады. Бул жерде ким жуўапкер екенин түсингениңизде, сиз тынышлана аласыз.
Тынышланыўдан басқа ҳәмме ис-ҳәрекет – бул Қудайға бойсынбаў болып табылады. Тынышланыўдан басқа ҳәмме ис-ҳәрекет – бул ўақытты толық жойтыў болып табылады.
Бул мен Мухаддес Китапта қашан болмасын таба алатуғын күшли руўхый транквилизатор болып табылады. Қыстаўлы ўақытларда мен усы аятқа нәзер саламан. Бул ис береди.
«О, бизлер қандай ҳаўлыққан шымшылармыз. Биз Қудайдың даўысын еситпегенше, Оның карнизы астында даўыслап жығырласып, шырылдасамыз. Бирақ егер биз Қудай алдында тыныш болыўды үйренсек, онда бизиң Қудайымыз – барлық шымшықлардың Қудайы деп айтқан Ийемиз Ийсаның әжайып өмирин ҳәм намасын еситемиз. Егер биз Ийса Масийхты Қутқарыўшымыз сыпатында қабыл етсек, бизиң Қудайда жасырын орнымыз болады. Сол жерде биз Оның алдында тыныш болыўды, жай-парахат исеним менен, ҳәммеси орнында екенин ҳәм ҳәмме нәрсе артында Қудай турғанын үйренемиз. Буны билген жан күшли болады».
Забур 45:11
Өмирим қадағалаў астынан шыққандай болып көринсе, Онда ҳәмме нәрсе үстинен қадағалаў бар, күшли, толық қадағалаў бар. Бул биз ҳеш нәрсе қылыўымыз керек емес, дегенди билдирмейди. Бул Қудай маневрларды тийисли жағына бағдарлайтуғынын билип, биз исенимли түрде мийнет қылыўымыз кереклигин билдиреди.
Егер Қудай сизди бүгин Өз күтиў бөлмесине жайластырған болса, бул сизди келешек тапсырмаларға таярлап атырғанын билдиреди. Тыныш қалың. Қудайға деген исенимиңизди тыныш қалыўыңыз арқалы көрсетиң. Қәлеген нәрсесин ислеўге Қудайға жол қойың.
Мениң қамсызландырыў торымда бул биринши тийкарғы буўын болып табылады. Мен бул аятт пенен қандай ҳәрекет ислеймен.
Ең қыйын ўақытларда мен бул аятты өз-өзиме қайта-қайта тәкирарлап, тыныш болыўға, шетке шығыўға ҳәм тынышланыўға жәрдем бериўин Қудайдан сорайман. Мен Оннан күшли услағаным соншелли, мениң ақылымнан оны тек динамит ғана тартып ала алады. Мен исениўим ҳәм усы аят пенен жасай алыўым ушын, Қудайға жалбарынаман. Кейин болса, мен оны өзиме қайта-қайта тәкирарлайман.
Билесиз бе? Аят нәтийже келтиреди.
Мениң қамсызландырыў торымда бул биринши тийкарғы буўын болып табылады. Маған Қудай ҳәммесин қадағалап турыпты деген исеним керек.
Бул аят маған исеним береди. Мениң руўхый турақлылығым ушын бул пүткиллей әҳмийетли.
Бирақ бул торымдағы маған зәрүр болған 1-буўын. Маған және керек.
2-буўын.
Салоникалыларға 1-хат 5:18
Қандай аўҳал болса да, Қудайға шүкирлик билдириңлер. Өйткени Масийх Ийсаға тийисли болған сизлерге деген Қудайдың ерки усылар.
Мениң қамсызландырыў торымдағы әҳмийетли орында бул аят не қылып тур, деп сиз шамалай аласыз.
Келиңлер, оны қарап шығайық. Ҳәммеси ушын шүкирлик билдириңлер …
Бул түсиниў ушын онша қыйын емес аят болса керек. Биз гөззал ҳаўа-райы ҳәм дослар менен әжайып кешки аўқат, ҳәмме нәрселер ушын төлегеннен соң аўысып қалған ақшалар ушын шүкирлик билдиремиз.
Бирақ бул аятқа және бир мәртебе қараң. Ол ҲӘММЕ жағдайларда да шүкирлик билдириў кереклигин айтады. Ҳәмме. Өмирде жақсы нәрселер жүз берсе, буны ислеў қыйын емес. Бирақ егер биз ҳәр қандай жағдайда шүкирлик билдириўимиз керек болса, онда бул қыйын жағдайларда да биз шүкирлик билдириўимиз кереклигин билдиреди. Жаман ўақытларда биз шүкирлик билдириўимиз ҳәм өмиримиздеги ең жаман күнде де шүкирлик билдириўимиз керек. Себеби ҳәмме ўақытларда дегеннен кейин, ҳәмме ўақытларда болыўы тийис. Яғный, ҳәмме, ҳәмме, ҳәмме.
Өмиримдеги ең жаман күнде, туўысқан әжапамның намазынан қайтқанымда, мен оның қайтыс болғанына масийхый көз-қарастан қараўым тийисли екенин билетуғын едим. Сонда бул аят мениң есиме түсип, сораў пайда болды. Мен буны ислеўим керек пе, я яқ па?
Бул аят – шамалаў емес, ал буйрық. Бул аят ҳеш нәрсени айырып айтпайды ҳәм ҳеш қандай ақлаў жасамайды. Ол гүнадан басқа ҳеш нәрсени шетлеп өтпейди. Қандай қыйыншылық, қандай жағдай екениниң әҳмийети жоқ, не ушын шүкирлик билдириўимиз кереклигиниң де әҳмийети жоқ.
Сонлықтан мен шүкирлик билдирдим.
Мениң әжапам өмиримниң дәслепки 20 жылында маған күшли жақсы тәсир жасаған еди.
Сонлықтан оны алып кеткени ушын Қудайға қалайынша шүкирлик билдириўим керек?
Олай болса, усы аятқа қараң. Бизлер оны дыққат қойып оқыўымыз керек. Ол ҳәр бир нәрсениң себебине қарай шүкирлик билдириў керек демеген. Мен ол өли болғаны ушын шүкирлик билдирмеўим керек еди. Мен булай ислемедим де. Бул азғынлық болар еди. Аятта ҲӘММЕ жағдайда делинген. Ол қайтыс болған ўақытта мен шүкирлик билдире алдым. Не ушын?
Өйткени ҳәммеси жақсылық болып хызмет етеди. Нәрселер жақсылыққа айланады. Бир күни мен әжапамның не ушын сол ўақытта кетиўи керек болғанын анық көремен. Сонда менде тартысыўға ҳеш қандай себеп болмайды. Оны үйине алып кеткен Қудай 100% мухаддес, 100% дана, 100% жақсылық ислеўши. Сонлықтан, ҳәтте, оның өлими мен ушын мәниске ийе болмаса да (ҳәзирге дейин әҳмийетке ийе емес), Қудай ҳәммесин жақсы биледи. Әжапамның өлими артында, Қудайдың маған деген даналығы, Оның мухаддеслиги, Оның сүйиспеншилиги турған еди. Қудайға өз исенимимди ҳәм Оған исенетуғынымды көрсетиў ушын, мен Оған сол ең жаман күн ушын шүкирлик билдириўим керек еди.
Қудайға шүкирлик билдирмеў – бул демек Оның пикирлерин сынға алыў ҳәм өзимизди Қудайды айыплаўшының орнына қойыў болып табылады. Бул ақылсызлық. Ҳәмме жағдайларда Оған мақтаў айтпасам, онда мен әўметсиз болғаным. Мен өз-өзимди алдаған боламан. Буны ким қәлейди? Әкемиз биз ушын нениң жақсы екенин биледи. Ҳәтте, ең аўыр ўақытларда да. Ал мен болсам, яқ.
Мениң руўхый қамсызландырыўшы торымдағы 2-буўын – бул ҳәмме нәрсениң жақсылыққа айланатуғынын тастыйықлаў (исениўшилер ушын).
Солай етип, мен бул аят пенен қандай ҳәрекет ислеймен? Мен руўхый қулаў ўақтында усы аятқа неше рет асылғанымды, Қудайдың дыққатын тезлик пенен өз жағдайыма қаратқанымды ҳәм қулаўдан тоқтағанымды айта алмайман.
Яқ, машқала дәрҳал-ақ шешилген жоқ. Бирақ Қудай усы картинаның бир бөлеги болып қалды. Мен Қудайдың мен тәрепте екенин ҳәм Оның мүмкиншиликлерин ала алатуғынымды билип, исенимли боламан. Ҳәмме жағдайларда да шүкирлик билдириң. Бул аят нәтийже береди.
Солай етип, 2-буўын – бул Ийса Масийхқа исениўшилер ушын ҳәммеси жақсылыққа айланатуғынын тастыйықлаў.
3-буўынның ўақты.
Өмир бир ўақытлары қорқынышлы болады.
Сизиң хожалығыңыз өлип қалыўы мүмкин.
Үйиңиз жанып кетиўи мүмкин.
Жумысыңыздан айырылып қалыўыңыз мүмкин.
Ден саўлығыңыз төменлеўи мүмкин.
Абырайыңыз түсиўи мүмкин.
Елиңиздңи абаданшылығы қашыўы мүмкин.
Сиз жойта алмайтуғын бир нәрсе бар ма? Егер сиз Ийсаға өз Қутқарыўшыңыз сыпатында исенген болсаңыз, сиз жойта алмайтуғын бир нәрсе бар.
Юханның 1-хаты 3:1
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз.
Қәўипсизлик ҳәм әҳмийетлиликти тастыйықлаў
Солай етип, бул жерде биз өз өмиримиздеги әҳмийетли аятларға ийемиз. Көплеген жыллар даўамында мен бул аятты оқып: «Қандай әжайып» деп, алға илгерилеўди даўам еттим. Бул мениң оны ҳеш түсинбегенимди аңлатады.
Егер мен өзимниң ҳақыйқаттан да Қудайдың перзенти екенимди түсинсем, өз жолымда тоқтап, ҳәзир масийхый сыпатында Қудай менен бузылмайтуғын қатнасықларға ийе болғаныма қуўаныш пенен қараўым тийис.
Масийхый өмиримниң дәслепки 10 жылында Қудай мени гүнаның қорқынышлы ағысынан тартып алып: «Аспанда көрисемиз», – деп жағаға шығарғандай болып жасадым.
Юханның бул жерде айтыўы бойынша, аўа, дурыс, мен Ийсаға Қутқарыўшым сыпатында исенгенимде, Қудай мени ҳақыйқаттан да гүнаның қорқынышлы ағысынан алып шықты. Ол мени Өзине, Өз хожалығына алып келди. Ол мениң Әкем болды. Бирақ Ол бала болған ўақтымнан баслап-ақ, мени ҳеш қашан таслап кеткен жоқ.
Масийхқа тийисли болған адамлар ушын Қудай – сүйиўши Әке. Биз Оның хожалығына тийислимиз. Биз Оған қорқынышсыз жақынласа аламыз, Оның әкелик қарым-қатнасына ҳәм ғамхорлығына исенимлимиз.
Жаратыўшы бизиң минсиз Әкемиз болатуғынын, сүйиспеншилик ҳәм ғамхорлықта садық, сақый ҳәм итибарлы, бизлер қылатуғын ҳәмме нәрсеге қызығыўшы, бизиң өзгеше екенимизди ҳүрмет етиўши, бизди тәрбиялаўда шебер, басқарыўда дана, бәрқулла қол жетер, бизлерге Өзин табыўға, ҳадаллық ҳәм минсизликте өсип барыўға жәрдем етиўши екени ҳаққында ой – бул Қудайдан қорқатуғын масийхый өмирдиң сыры болып табылады.
«Бул дүньяда патшалардың балалары өзлериниң жоқары тәғдирине таяр болыўы ушын, қосымша шынығыўлардан өтиўи ҳәм басқаларға қол жетпес болған тәртиплерди үйрениўи тийис. Патшалар Патшасының балалары ушын да сондай болыўы керек. Бул Қудай бизлер менен ислеп атырған нәрселерди түсиниўдиң гилти болып табылады. Өйткени бизиң пүткил өмиримиз даўамында, Қудай бизлерди келеси дүньяда күтип турған нәрселерге таярлайды. Ҳәр бир масийхыйдың келешегинде мәңгилик өмир бар. Қудайдың хожалығында шеклеўлер жоқ. Ийсаны қаншелли қатты сүйгендей, Қудай бизлердиң ҳәммемизди де солай сүйеди.
Биз бенен қорқынышлы нәрселер қашан жүз береди? Аспандағы минсиз Әкемиз мениң менен сол нәрселердиң жүз бериўине жол қойған болса, демек, олардың артында мен қандай да бир себеплерге байланыслы түсинбеген сүйиспеншилик турған болса керек.
Бул жерде масийхый өмирде қәўипсизлик бар.
Бул жерде масийхый өмирде әҳмийет бар.
Бул жерде масийхый өмирди түсиниў ушын баҳалап болмайтуғын усыл бар.
Бир аят мениң өмириме үлкен бурылыс алып келди. Қудай мени Өз хожалығы деп биледи. Онда мен бул аят пенен қандай ҳәрекет қыламан. Енди мен Ийсаға исенгеним себепли, Қудай – мениң минсиз Әкем, мен – Оның хожалығы екенимди өзиме еслетип қойыўым тийис. Мениң Әкеме қараң! Ол мени тәмийинлейтуғын мүмкиншиликлерге қараң! «Бул қарым-қатнаслардағы жақынлық, сүйиспеншилик ҳәм сақыйлық». Қудай Ийса Масийхты қаншелли қатты жақсы көрсе, мени де соншелли қатты жақсы көреди. Қудайдың хожалығында толық сүйиспеншилик ҳәм қәўипсизлик бар. Мениң аспандағы Әкем толық дана ҳәм мениң жағдайым бәрқулла қорғалған.
Мен асырап алынғанман.
«Усы пүткил өмир даўамында ҳәм пүткил мәңгиликте, мен Масийхқа ергеннен бери, Оның хожалығының бир бөлеги болыў қаншелли әжайып екенин көремен. Маған Оның қәўипсизлигим ҳәм әҳмийетим туўралы тастыйықлаўы зәрүр. Бул аят маған усыны береди.
Ок.
Мениң руўхый қамсызландырыўшы торымда үш тийкарғы буўын бар. Қудай ҳәммесин қадағалап турғаны, ҳәммеси жақсылыққа айланатуғыны, бизиң қәўипсизлигимиз ҳәм әҳмийетли екенимиз бойынша тастыйықлаў.
Әҳмийетли. Қолайлы. Бирақ жеткиликли емес.
Көрип турсыз ба, мени гейде салысытырыў ойыны өзине тартады.
Ҳммммм.
Ийса – мениң Қутқарыўшым ҳәм Ол сол адамның да Қутқарыўшысы.
Бирақ ол Масийхқа көп адамларды алып келди, оның хожалығы меникинен жақсырақ, оның басы меникинен жақсырақ ислейди, оның дослары көбирек, үйи үлкенирек ҳәм т. б. Мен не қылсам да, ол меннен жақсырақ қылады. Аўа, сөзсиз усындай. Солай екен, Қудай оны меннен көбирек жарылқады ма? Мениң қай жерим басқаша? Қудай айрықша жақсы көретуғын адамлар бар, мен олардың қатарына жатпайман ба? Қудайдың жеке мен ушын жобасы барлығы бойынша тастыйықлаў керек. Бул демек, мен төмендегилерди билиўим керек:
Юхан 21:22
Ийса оған:
– Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
Ийса Петрге тек тапсырма берди. Ол сол тапсырманы орынлаўы керек еди.
Мениң қойларымды бақ, отлат – Юхан 21:15-17.
Петр, Мениң падама жақсылап қара. Оларға руўхый күшли болыўға жәрдем бер. Петр усы тапсырманы тамамлағаннан соң, Ийса оның өмири қалай жуўмақланатуғынын айтады (Юхан 21:18-19).
Петр, түсиникли ме?
Сениң жер бетиндеги тапсырмаң – бул басқа исениўшилерге ғамхорлық көрсетиў ҳәм сен оны орынлағаннан соң, сени исенимиң ушын өлтиреди. Сен де атанақ ағашқа шегеленесең.
Ийсаның оған айтатуғын буннан басқа сөзлери жоқ еди. Бирақ Петрде бар еди (Юхан 21:20-21). Петр өзлериниң изине ерип киятырған Юханды көрип, Ийсадан Юханның қалай өлетуғынын сорайды. Ийса, Сен мениң қалай өлетуғынымды айттың, ал мына жигитке не болады?
Ҳәмме сораўлар да орынлы емес. Бул сораў сондай еди. Юхан 21:22
Ийса оған:
– Мен келемен дегенше, оның жасаўын қәлесем, саған не? Сен Мениң изиме ер, – деди.
Петр өз исиң менен шуғыллан. Сен Ийсаның изине ер. Ийсаға басқа исениўшилерге ғамхорлық қылыўға жол қой. Петр бул жерде қәўипсиз болған нәрсени ислеўге ҳәрекет етеди. Салыстырыў – бул мен ушын да, сиз ушын да үлкен машқала.
Үлкен абырайға ийе болған бир руўхый жетекши былай деп жазады: «Мен өз хызметимдеги қыйын ўақытларды еслеймен. Басқа хызметшилер мол-мол жарылқаў алатуғын (бул аттан анық көринип туратуғын), ал мен болсам, аз зүрәәт жыйнайтуғын едим. Мойынлаўым керек, мениң оларға көзим қызатуғын ҳәм Қудай маған олардың сыйларын бергей деп, тилейтуғын еди. Бирақ Қудай мени мүләйим кейип: „Саған оның неге кереги бар? Сен Мениң изиме ер“, – деди».
Егер мен бир себеплерге байланыслы түңилсем, жийи-жийи буның себеби – басқа адамлардың өмири бойынша Қудайдың жобасын Қудайдың мениң өмирим бойынша жобасы менен салыстырыўым болып табылады.
Мен диплом ҳәм сертификатлары пүткил дийўалын жаўып таслаған үйлерде болдым ҳәм өзимнен мениң дийўалымдағы диплом ҳәм сертификатларымның қаяқта екенин сорайтуғын едим. Буған Ийса жуўап берип: «Саған олардың неге кереги бар? Сен – олар емессең. Салыстырыўды тоқтат. Тек Мениң изиме ер», – дейтуғын еди.
Оның мени жаратқандағы себеби – бул Оның мен ушын арнаған жобасы болып табылады. Оның мениң өмириме арнаған жобасы айрықша. Мен арнаўлы жоба ушын арналған айрықша адамман. Менде тарийхта ҳеш ким ҳеш қашан ийе болмайтуғын мүмкиншилик, өзим болыў мүмкиншилиги бар!
Сиз де усылай айта аласыз. Қудайдың мениң өмирим ушын арнаған жобасын Қудайдың басқа адамлардың өмири ушын арнаған жобасы менен салыстырыў мәниссиз. Мен өзимди қызықтыратуғын нәрсеге дыққат қаратаман.
Бир күни мен күшли түскинликте болған бир 30 жасар масийхыйдан хат алдым.
«Гейде шайтан мени соншелли күшли соққы бергенликтен, және аяққа тура аламан ба, деп ойланаман. Арадан бес жыл өтсе де, менде ҳеш нәрсе жоқ, я үйим, я хожалығым, я жақсы жумысым, я келешегим жоқ.
Басқаларға қарасам, олардың хожалықлары да бар, олар үй салмақта. Мен өзимди басқалар менен салыстырмаўым кереклигин түсинемен».
Бирақ ол өзин басқалар менен салыстырып, өзи қазған шуқырға түседи. Ол өзиниң күшли тәреплерин салыстырмайды. Ол ҳәлсиз нәтийжелерди көрсетип, өзи ҳәлсиз деп билген тәреплерди салыстырады ҳәм усылардың ҳәммесинен кейин, өз өмирине арналған Қудайдың жобасы соншелли жағымлы ма екен деп, ойлайды.
Мениң оған айтпақшы болған нәрсем бул – егер Қудай басқалардың өмиринде басқаша ислеўди шешсе, сениң не жумысың бар демекшимен. Сен Ийсаға ер.
Мен Ийсаға келместен бурын, басқа адам болыўға ҳәрекет етип, көп ўақытты жойттым, әрман еттим, жөгилендим. Ийсаға ериўди баслағанда, мениң менен болып өткен биринши нәрселердиң бири – бул мен өз өмириме дыққат аўдарыўды үйрендим. Себеби Қудайда мениң өмирим ушын арналған жақсы жоба БАР.
Солай етип, бул жерде Юхан мени қандай ҳәрекетлерге ийтермелейди. Қудайдың басқа адамлар ушын арналған жобасына дыққатты жәмлеўди тоқтатыў. Масийхқа ериўге ҳәм Ол мени шақырған исти ислеўге дыққатты жәмлеў. Маған тийисли болмаған сораўларды бермеў. Өзиме алағада болыўға жол қойсам, демек бойсынбағаным болады.
Юхан 21:22 Қудайдың мениң өмирим ушын арналған жобасы жақсы екенине исенимли болыў.
Солай етип, сизде мен өзим мүтәж болған 4 тийкарғы исеним бар.
- Қудайда ҳәммеси қадағалаў астында екенине исеним 2
Өмир жақсы жуўмақланатуғынына исеним 3
Мениң қәўипсизлигим ҳәм әҳмийетим туўралы исеним 4
Қудайдың мениң өмирим ушын жақсы жобасы барлығына исеним.
Олардың ҳәммеси зәрүр, олардың ҳәммеси қәлеўли.
Бирақ мениң өмиримде онша көп болмаған және бир нәрсе бар ҳәм мен оны қәлеймен ҳәм ол мен ушын қол жетер болып табылады.
Мен тынышлыққа ийе бола алатуғыным бойынша тастыйықлаў. ҲӘЗИР.
Ийшая 26:3
Саған исенгени ушын,
Пикирин Саған бағышлағанды,
Толық тынышлықта сақлайсаң.
Тек тынышлықта емес, ал минсиз тынышлықта. Биз ҳәр қандай жағдайда да, Қудайда ҳәммеси толық қадағалаў астында екенин қаншелли көп түсинсек, соншелли өз жүрегимизде көбирек тынышлыққа ийе боламыз.
Тынышсызланыў, үмитсизлик, қорқыныш бизиң ден саўлығымызға өз тәсирин жасайды. Олар қутқарылмаған адамларға гүўалық айтыўымызға да зыянын тийгизеди. Және де, жүдә күшли зыянын тийгизеди.
Сефания 3:17
Қудайың Жаратқан Ийе сениң ишиңде,
Ол қүдиретли қутқарыўшы.
Ол сизлерди деп қуўанып, шадланады,
Сүйиспеншилиги менен сизлерди жубатады,
Сен ушын бәлент даўыс пенен шадланады».
Бул Мухаддес Китаптағы Қудай қосық айтады деген жалғыз аят болса керек. Қараңлар, Оның қосық айтыўы қалай руўхландырады? Оның қарым-қатнасы сениң менен бирге. Әнекей! Растан-ақ, биз Ол ушын үлкен әҳмийетке ийе болсақ? Бизлерге қуўанып турған Қудай бизлерди Өз қушағына қатты қысып тур. Оның бизлерге деген сүйиспеншилиги усындай. О бизлерди Өз сүйиспеншилиги менен жубатады. Егер биз Ийсаға өз Қутқарыўшымыз сыпатында исенген болсақ, онда сиз сүйиўши Қудайдың қолындасыз. Ол сизди минсиз сүйиспеншилиги менен сүйеди.
Егер сиз Ийсаға өз Қутқарыўшыңыз сыпатында исенгиңиз келмесе, онда сиз өз күшиңиз бенен қай жерге дейин бара алатуғыныңызды бир көриң!
Мениң шомылатуғын ханамдағы айнада төмендеги сөзлер жазылған:
«Қудай сениң бул күнди тыныш жүрек пенен, Ол ҳәмме нәрсени қадағалап турыпты, деген ишки исеним менен, өмириң Оның қолында деген тыныш исеним менен, Оның жоба ҳәм мақсетлерине деген терең исеним менен, Ол өмириңде жол қойып атырған нәрселер ушын шүкирлик етип жасағаныңды қәлейди.
Ол сениң күнделик кестеңе емес, ал Оған исенгениңди қәлейди. Ол сениң Өзине хызмет еткениңди ҳәм Оны күткениңди қәлейди. Өзиниң минсизлиги менен Ол ҳәммесин бириктиреди. Ол ҳәр бир нәрсени итибарға алады. Ол барлық жағдайларды жаратады. Сениң ҳәр бир қәдемиңди тәртипке келтиреди. Саған Өзинде барды әкелип бериў ушын усылай ислейди.
Тынышлық – әжайып нәрсе. Исеним болмаса, тынышлық та болмайды. Исеним көп болса, тынышлық та болады.
Солай етип, келиңлер, келеси нәрселерди өзлестирип алайық. Егер мен Қудайға исенсем, мениң ақылым Масийхқа жәмленген болады ҳәм усының нәтийжесинде минсиз тынышлық келеди. Мениң Ийсаға деген исенимим толық болыўы ушын, бул тынышлық мени ҳәр күни дуўа етиўге руўхландырады.
Бир жыл даўамында ҳәр күни Мухаддес Китапты оқығаннан соң, ҳәр күнги дуўа етиўден кейин, мектептеги досларым маған келип, мениң өзгергениме исене алмайтуғынын айтты. Мениң тынышсызланыўым азайғаны дәрҳал-ақ байқалды.
Бирақ мен көбирек нәрселерди қәлеген едим.
«Көпшилик нәрселерде мен Масийхқа толық исендим бе? Ҳәмме жағдайларда Масийхқа қатты жабысып турман ба?
Егер солай болса, ҳәмме нәрседе тынышлық басқаратуғын болады. Қудайға жабысып алыў ҳәм Оған толық бағышланыў, ҳәтте, ең қыйын жағдайларда да тынышлықты тәмийинлейди.
Ҳәрекетлер:
Мен Қудайға көбирек исениўим ушын, ҳәр күни дуўа етиўим керек. Мен өзиме келетуғын тынышлық пенен де жарылқаныўым тийис.
Солай етип, сизде қамсызландырыў торының бир бөлеги болған, өз өмириңиз ушын керекли 5 тастыйықлаў бар:
Қудай ҳәммесин қадағалап турғаны бойынша тастыйықлаў Забур 46:10
Өмир жақсылыққа айланатуғыны бойынша тастыйықлаў Салоникалыларға 1-хат 5:18
Қәўипсизлик ҳәм әҳмийетлилик бойынша тастыйықлаў Юханның 1-хаты 3:16
Қудайдың мениң ушын арналған жобасы жақсы екени бойынша тастыйықлаў Юхан 21:22
Тынышлық бойынша тастыйықлаў Ийшая 26:3
Мен сизлер менен өз масийхый өмиримниң қәтелери туўралы ашық сөйлесип атырман. Бирақ мениң қәтелерим – снзлердиң қәтелериңиз емес.
Мен буны сиз сөзбе-сөз, аятпа-аят көширип аласыз деген үмит пенен және бир мәртебе бөлисип атырман. Өз кемшиликлериңизди жеңиў ушын, қәтелериңизди ҳәм өзиңизге жәрдем беретуғын жақсы аятларды табың.
Сиз өзиңиз ушын өз қамсызландырыўшы торыңызды жаратпаған болсаңыз, онда руўхый кризис сизге соққы бергенде, сизиң зақымланған өмириңиз шийрин болмайды.
Сизге руўхый қамсызландырыўшы тор керек болады. Және де, жүдә күшли түрде керек болады. Оны ислеўге ўақтым жоқ, дей көрмең. Сизде оған ийе болмаўға ўақыт жоқ. Оны жаратың. Қалайынша?
Биринши қәдем:
Өз өмириңиздеги ең үлкен руўхый қулаўларды табың.
Тынышсызланыў? Порнография?
Ғәзеп? Күншиллик?
Қорқыныш?
Сиз олардың қандай екенин билесиз.
Екинши қәдем:
Ҳәр бир қулаўға тийкарғы аятты табың.
Үшинши қәдем:
Сол аятларды ядлап алың. Сөзбе-сөз ядлап алың. Усы аятлар бойынша терең ойланың. Усы аятлар менен жасай алыўыңыз ушын дуўа етиң. Оларды өз ДНК ыңызға киргизиң.
Бул аятларды өз үйиңизге қыстырып қойың. Оларды шомылатуғын ханаңыздың айнасына жабыстырып қойың. Оларды машинаңыздың рулине жазып қойың. Өзиңиздиң қымбатлы өмириңиз себепли усы аятларға жабысып алың.
Төртинши қәдем:
Аўыр ўақытлар келгенде, усы аятларды беккем турып, даўыслап жәриялаң.
Усы аятлар менен дуўа етиң, оларды келтириң ҳәм Қудайдан усы аятлар менен жасаў ушын, олардың ақылыңызды ийелеп алыўы ушын жәрдем сораң.
Сонда сиз Мухаддес Китаптың күшин көресиз ҳәм Мухаддес Жазыўды ҳеш қашан ядламағандай болып, ядлап қаласыз.
Руўхый қамсызландырыўшы тор жумыс ислейди. Олсыз үйиңизден шықпаң.