Мухаддес Жазыўларды ядлаў усыллары
Мухаддес Китаптағы аятларды ядлаў ушын көрсетпелер
Бул көрсетпелер жәрдеминде сиз аятларды қыйналмай ядлай аласыз.
Аятты бир неше мәрте тыңлаң.
Кейин аудионы тоқтатып, аятты айтыўға ҳәрекет етип көриң.
Кейин өзиңизди тексерип көриў ушын, аятты және бир мәрте тыңлап көриң.
Тәкирарлаң! Және тәкирарлаң! Және бир мәрте тәкирарлаң!
Аятты ой-пикириңизге мөрлеп қойыў ушын, тәкирарлаў ең жақсы усыл.
(Төмендеги аятлар 2:7 сабақлығынан алынған)
Кирисиў бөлиминдеги аятлар:
Қутқарылғанына исенимли болыў
1 Юхан 5:11-12
Сол гуўалық мынаў: Қудай бизлерге мәңгилик өмир берди ҳәм бул өмир Оның Улында. Қудайдың Улына ийе болған адам, өмирге ийе болады, Қудайдың Улына ийе болмаған адам, өмирге ийе емес.
1 Юхан 5:11-12
Дуўаның жуўабын алыўға исенимли болыў
Юхан 16:24
Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
Юхан 16:24
Гүнаның үстинен жеңиске ерисиўге исенимли болыў
1 Коринфлилер 10:13
Сизлердиң басыңызға ҳәмме адамлардың басына түсетуғын сынақлардан басқа сынақлар түскен жоқ. Қудай садық, Ол күшиңизден артық сынақларға түсиўиңизге жол қоймайды. Сынақларға шыдаўыңыз ушын, Ол сынақлар менен биргеликте олардан шығыў жолын да береди.
1 Коринфлилер 10:13
Кеширилгенине исенимли болыў
1 Юхан 1:9
Егер гүналарымызды мойынласақ, садық ҳәм ҳақ Қудай, гүналарымызды кеширип, бизлерди ҳәр қандай жаманлықтан тазалайды.
1 Юхан 1:9
Қудайдың жәрдемине исенимли болыў
Ҳикметлер 3:5-6
Шын жүректен Жаратқан Ийеге үмит байла,
Өз ақыл-парасатыңа сүйенип жүрме.
Ислеген ҳәр бир исиңде Жаратқан Ийени танып бил,
Ол сениң жолларыңды туўрылап турар.
Ҳикметлер 3:5-6
А сериясы
Жаңа өмирде жасаң
Өмиримиздиң орайы – Масийх
2 Коринфлилер 5:17
Солай етип, ким де ким Масийх пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды.
2 Коринфлилер 5:17
Өмиримиздиң орайы – Масийх
Галатиялылар 2:20
Мен Масийх пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масийх жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
Галатиялылар 2:20
Масийхқа бойсыныў
Римлилер 12:1
Солай етип, ҳәй туўысқанларым, Қудайдың мийрим-шәпәәти ҳақы сизлерге жалбарынаман: өзлериңизди Қудайға унайтуғын мухаддес ҳәм тири қурбанлық қылып, Оған бағышлаңлар. Бул сизлердиң Қудай алдындағы ылайықлы хызметиңиз болады.
Римлилер 12:1
Масийхқа бойсыныў
Юхан 14:21
Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен.
Юхан 14:21
Қудайдың Сөзи
2 Тимофей 3:16
Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
2 Тимофей 3:16
Қудайдың Сөзи
Ешуа 1:8
Нызам китабында жазылған сөзлерди аўзыңнан түсирме. Онда жазылғанлардың барлығын толық орынлаў ушын, ол ҳаққында күни-түни ой жуўыртып жүр. Сонда сен табысқа ийе болып, мақсетиңе ерисесең.
Ешуа 1:8
Дуўа етиў
Юхан 15:7
Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
Юхан 15:7
Дуўа етиў
Филиплилер 4:6-7
Ҳеш нәрседен тәшиўиш шекпеңлер. Ал ҳәмме нәрсе ушын Қудайға дуўа етип ҳәм жалбарынып, ҳәр бир тилегиңизди Оған шүкирлик пенен билдириңлер. 7 Сонда ҳәр қандай ақыл-ойдан зыят болған Қудайдың тынышлығы Масийх Ийса арқалы кеўиллериңизди ҳәм ой-пикирлериңизди қорғайды.
Филиплилер 4:6-7
Қарым-қатнас
Еврейлер 10:24-25
Бир-биримизге ғамхор болып, бир-биримизди сүйиспеншиликке ҳәм жақсы ислер ислеўге руўхландырайық. 25 Айырым адамлардың әдетке айландырғанындай, жыйналысларымызды қалдырмайық. Керисинше, Ийемиз келетуғын сол күнниң жақынлағанын билип, бир-биримизди еле де көбирек жигерлендирип барайық.
Еврейлер 10:24-25
Қарым-қатнас
1 Юхан 1:3
Сизлер де бизлер менен қарым-қатнаста болыўыңыз ушын, көргенимизди ҳәм еситкенимизди сизлерге жәриялап атырмыз. Бизлердиң қарым-қатнасымыз болса, Әке ҳәм Оның Улы Ийса Масийх пенен болады.
1 Юхан 1:3
Гүўалық бериў
Матта 4:19
Ийса оларға:
– Мениң изиме ериңлер! Мен сизлерди адамларды аўлайтуғын аўшылар қыламан, – деди.
Матта 4:19
Гүўалық бериў
Римлилер 1:16
Себеби мен Хош Хабардан арланбайман. Хош Хабар – исенген ҳәр бир адамды, бириншиден яҳудийлерди, соңынан яҳудий емеслерди қутқара алатуғын Қудайдың күши.
Римлилер 1:16
Б Сериясы
Масийх ҳаққында Хош Хабарды жәриялаў
Ҳәмме гүна иследи
Римлилер 3:23
Өйткени ҳәмме гүна ислеген ҳәм Қудайдың салтанатынан айырылған.
Римлилер 3:23
Ҳәмме гүна иследи
Ийшая 53:6
Бизлердиң ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық,
Ҳәр биримиз өз жолымыздан кеттик.
Жаратқан Ийе оған ҳәммемиздиң қылмысымызды жүкледи.
Ийшая 53:6
Гүна ушын жаза
Римлилер 6:23
Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масийх Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир.
Римлилер 6:23
Гүна ушын жаза
Еврейлер 9:27
Бир мәртебе өлип, оннан соң ҳүким етилиў адамлардың тәғдирине жазылған.
Еврейлер 9:27
Масийх бизлердиң гүнамызды өтеди
Римлилер 5:8
Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи.
Римлилер 5:8
Масийх бизлердиң гүнамызды өтеди
1 Петр 3:18
Масийхтың Өзи де ҳақ бола тура, наҳақлар ушын азап шекти. Ол бизлерди Қудайға алып келиў ушын, гүналарымыз ушын бир мәртебе қурбан болды. Денеси өлтирилсе де, Ол руўхта тирилди.
1 Петр 3:18
Саўап ислерсиз қутқарылыў
Ефеслилер 2:8-9
Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, 9 ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
Ефеслилер 2:8-9
Саўап ислерсиз қутқарылыў
Титус 3:5
Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады.
Титус 3:5
Масийхты қабыл етиў керек
Юхан 1:12
Бирақ Ол Өзин қабыл еткенлерге, атына исенгенлердиң ҳәммесине Қудайдың балалары болыў ҳуқықын берди.
Юхан 1:12
Масийхты қабыл етиў керек
Римлилер 10:9-10
Егер сен Ийсаны «Ийем» деп аўзың менен ашық тән алсаң ҳәм Қудайдың Оны өлимнен тирилткенине шын жүректен исенсең, қутқарыласаң. 10 Өйткени адам шын жүректен исенгени арқалы ақланады ҳәм исеними ҳаққында аўзы менен ашық тән алғаны арқалы қутқарылады.
Римлилер 10:9-10
Қутқарылғанына исенимли болыў
1 Юхан 5:13
Мен буларды Қудайдың Улына исенген сизлерге мәңгилик өмирге ийе екениңизди билиўиңиз ушын жазып атырман.
1 Юхан 5:13
Қутқарылғанына исенимли болыў
Юхан 5:24
Сизлерге шынын, ҳақыйқатын айтаман: Мениң сөзлеримди тыңлап, Мени Жибергенге исенген адамда мәңгилик өмир бар. Ол ҳүким етилмей, өлимнен өмирге өтти.
Юхан 5:24
В Сериясы
Қудайдан келетуғын ҳәм берилетуғын ҳәр бир нәресеге сүйенип жасаў
Қудайдың Руўхы
1 Коринфлилер 3:16
Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
1 Коринфлилер 3:16
Қудайдың Руўхы
1 Коринфлилер 2:12
Қудайдың бизлерге берген мийримли сыйларын билиўимиз ушын, бизлер бул дүньяның руўхын емес, ал Қудайдың Руўхын қабыл еттик.
1 Коринфлилер 2:12
Қудайдың күши
Ийшая 41:10
Қорқпа, Мен сениң менен биргемен.
Қәўетерленбе, Мен сениң Қудайыңман.
Саған күш берип, жәрдемлесемен.
Азат етиўши оң қолым менен сүйеймен.
Ийшая 41:10
Қудайдың күши
Филиплилер 4:13
Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масийх пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан.
Филиплилер 4:13
Қудайдың садықлығы
Еремияның жоқлаўы 3:22-23
Жаратқан Ийениң сүйиспеншилиги себепли,
Биз жоқ болып кетпедик,
Оның реҳимлилиги таўысылмайды.
23 Ҳәр күни азанда олар жаңара береди,
Оның садықлығы уллы!
Еремияның жоқлаўы 3:22-23
Қудайдың садықлығы
Санлар 23:19
Қудай инсан емес жалған сөйлейтуғын,
Ол адамзат емес Өз пикирин өзгертетуғын.
Ол Өзи айтқан сөзин әмелге асырар,
Ўәде бергенде, сөзсиз орынлар.
Санлар 23:19
Қудайдың тынышлығы
Ийшая 26:3
Саған үмит артқаны ушын,
Пикирин Саған бағышлағанды,
Толық тынышлықта сақлайсаң.
Ийшая 26:3
Қудайдың тынышлығы
1 Петр 5:7
Барлық ғам-тәшиўишлериңизди Оған тапсырыңлар. Өйткени Ол сизлерге ғамхорлық қылады.
1 Петр 5:7
Қудайдың жәрдеми
Римлилер 8:32
Қудай, ҳәтте, Өз Улын да аямай, Оны бизлердиң ҳәммемиз ушын қурбанлық қылып бағышлаған болса, Оның менен бирликте бизлерге ҳәмме нәрсени бермес пе екен?
Римлилер 8:32
Қудайдың жәрдеми
Филиплилер 4:19
Мениң Қудайым сизлердиң ҳәр бир мүтәжлигиңизди Масийх Ийса арқалы Өзиниң салтанатлы байлығы менен қанаатландырады.
Филиплилер 4:19
Сынақлар ўақтында Қудайдың жәрдеми
Еврейлер 2:18
Оның Өзи сынаққа түсип, азап шеккенликтен, Ол сынаққа түскенлерге де жәрдем ете алады.
Еврейлер 2:18
Сынақлар ўақтында Қудайдың жәрдеми
Забур 118:9-11
Жас жигит қалай пәк жол менен жүре алады?
Сениң сөзиң бойынша жасаў арқалы соған ериседи.
10 Пүткил жүрегим менен Саған умтыламан,
Буйрықларыңнан аўып кетиўиме жол қойма!
11 Саған қарсы гүна ислемеўим ушын,
Жүрегимде сақладым сөзлериңди.
Забур 118:9-11
Г Сериясы
Масийхтың шәкирти болың
Масийхты биринши орынға қойыў
Матта 6:33
Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи.
Матта 6:33
Масийхты биринши орынға қойыў
Лука 9:23
Сонда Ийса ҳәммеге былай деди:
– Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин.
Лука 9:23
Дүньяға еликлемеңлер
1 Юхан 2:15-16
Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. 16 Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан.
1 Юхан 2:15-16
Дүньяға еликлемеңлер
Римлилер 12:2
Бул дүньяның адамларына еликлемеңлер. Ал Қудайдың ой-пикирлериңизди жаңалап, Оның сизлерди толық өзгертиўине жол қойыңлар. Сонда сизлер Қудайдың жақсы ҳәм минсиз еркин, яғный Оған нениң унайтуғынын айырып билесизлер.
Римлилер 12:2
Беккем болың
1 Коринфлилер 15:58
Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
1 Коринфлилер 15:58
Беккем болың
Еврейлер 12:3
Гүнакарлардың усындай қарсылықларына шыдаған Ийсаны ойлаңлар. Сонда ҳалдан тайып, руўхый түскинликке түспейсизлер.
Еврейлер 12:3
Басқаларға хызмет етиң
Марк 10:45
Себеби Адам Улы Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплердиң азатлық қунын төлеў ушын, Өз жанын бағышлаўға келди, – деди.
Марк 10:45
Басқаларға хызмет етиң
2 Коринфлилер 4:5
Бизлер өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масийх Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз.
2 Коринфлилер 4:5
Сақыйлық пенен бериң
Ҳикметлер 3:9-10
Мал-мүлкиңнен ҳәм ҳәмме зүрәәтиңниң дәслепки өниминен берип,
Жаратқан Ийеге ҳүрмет көрсет.
10 Сонда телеклериң дәнге толып тасып,
Искенжелериң таза шарапқа толады.
Ҳикметлер 3:9-10
Сақыйлық пенен бериң
2 Коринфлилер 9:6-7
Мынаны умытпаңлар: сықмарланып еккен адам аз орады, сақыйлық пенен еккен адам көп орады. 7 Ҳәр бир адам қыйналып ямаса мәжбүрий түрде емес, ал кеўлинен шыққанын берсин. Өйткени Қудай ыразы болып берген адамды сүйеди.
2 Коринфлилер 9:6-7
Дүньяға гүўалық етиң
Елшилер1:8
Бирақ сизлерге Мухаддес Руўх түскенде күш-қуўат аласызлар ҳәм Ерусалимде, пүткил Яҳудияда, Самарияда, ҳәтте, дүньяның шетине дейин Мениң гүўаларым боласызлар.
Елшилер 1:8
Дүньяға гүўалық етиң
Матта 28:19-20
Сонлықтан да барып, барлық халықларды Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, 20 Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан!
Матта 28:19-20
Д Сериясы
Масийхқа уқсаң
Сүйиспеншилик
Юхан 13:34-35
Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35 Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, ҳәмме усы арқалы сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди билип алады.
Юхан 13:34-35
Сүйиспеншилик
1 Юхан 3:18
Перзентлерим, тек сөз ямаса тил менен емес, ал ис ҳәм ҳақыйқатлық пенен сүйейик.
1 Юхан 3:18
Бойсыныў
Филиплилер 2:3-4
Ҳеш бир нәрсени өз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар. 4 Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер.
Филиплилер 2:3-4
Бойсыныў
1 Петр 5:5-6
Ҳәй жаслар, сол сыяқлы сизлер де ақсақалларға бойсыныңлар. Ҳәммеңиз бир-бириңиз бенен кишипейил қатнаста болыңлар. Себеби:
«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди».
6 Сонлықтан өзлериңизди Қудайдың қүдиретли қолы астында пәс тутыңлар. Сонда белгиленген ўақыт келгенде, Ол сизлерди мәртебели етеди.
1 Петр 5:5-6
Пәклик
Ефеслилер 5:3
Ҳеш қандай бузықшылық, ҳарамылық ҳәм нәпсиқаўлық араңызда тилге де алынбасын. Бул мухаддеслерге минәсип емес.
Ефеслилер 5:3
Пәклик
1 Петр 2:11
Сүйикли туўысқанларым, бул дүньяда жат жерли ҳәм қонақ болған сизлерге жалбарынаман, жаныңызға ҳәр қашан қарсы туратуғын денениң жаман қәлеўлеринен қашыңлар.
1 Петр 2:11
Пәклик
Лебийлилер 19:11
Урлық қылмаң, ҳийлекерлик қылмаң ҳәм бир-бириңизди алдамаң.
Лебийлилер 19:11
Пәклик
Елшилер 24:16
Сонлықтан да, мен Қудайдың ҳәм адамлардың алдында пәк ҳүжданлы болыўға ҳәмме ўақыт тырысаман.
Елшилер 24:16
Исеним
Еврейлер 11:6
Исеним болмаса, Қудайға унаў мүмкин емес. Өйткени ким де ким Қудайға жақынламақшы болса, Оның бар екенине ҳәм Оның Өзин излегенлерди сыйлықлайтуғынына исениўи тийис.
Еврейлер 11:6
Исеним
Римлилер 4:20-21
Исенимсизлик етип, Қудайдың ўәдеси туўралы екиленбеди. Керисинше, исеними күшейип, Қудайды алғыслады. 21 Қудайдың Өз ўәдесин орынлайтуғын күшке ийе екенине ол толық исенди.
Римлилер 4:20-21
Жақсы ислер
Галатиялылар 6:9-10
Солай екен, жақсылық ислеўден жалықпаңлар. Егер ҳәлсизленип қалмасақ, ўақты келгенде жемисин орып аламыз. 10 Сонлықтан мүмкиншилигимиз бар екен, ҳәмме адамға, әсиресе исениўши туўысқанларымызға жақсылық ислейик.
Галатиялылар 6:9-10
Жақсы ислер
Матта 5:16
Сол сыяқлы, сизлердиң нурыңыз адамлардың алдында жарқырай берсин. Адамлар сизлердиң жақсы ислериңизди көрип, аспандағы Әкеңизди даңққа бөлесин!
Матта 5:16