Тәжирийбе арттырыў
Бир екшемби күни мен жәмәәттен шығып киятырғанымда, шопаным мени қолымнан услап алды да, мениң менен бир жас жигитти таныстырды. Мен бул жигитти бурын ҳеш қашан көрмеген едим.
Бул жигит жаңа ғана Ийсаны өз Қутқарыўшысы сыпатында қабыл еткен еди. Сонда шопан маған оған тәлим бериўим кереклигин айтты.
Әлбетте, мен күлимсиреп, жигиттиң қолынын қысыўға, улыўма алғанда, мүләйим болыўға ҳәрекет еттим. Бирақ мен ишлей бахытлы емес едим. Не ушын мен? Мениң өзимниң Ийемиздиң жолында жүргениме бир-еки жыл болды. Ал егер бүлдирип қойсам не болады? Исенимге жаңа келген қәдирли масихый маған бекитилген бе? Шопан басқа биреўден өтиниш етсе болмас пе еди?
Мен бул жигиттиң телефон номерин жазып алдым. Ол телефонын көтермейди деген үмит пенен. оған қоңыраў қылыўға ўақыт таптым. Бирақ ол жуўап берди. Солай етип, мениң жобам қандай еди? Мениң басыма келген жалғыз нәрсе – бул оны спортзалға шақырыў ҳәм кейин Мухаддес Китап бойынша шуғылланыў еди.
Солай етип, биз спортзалға бардық ҳәм кейин Мухаддес Китапты аштық. Мениң басыма келген сабақтың жобасы – бул Юханның хатын оқыўды баслаў, ал кейин оған сораў бериў болды. Биз солай қылдық та. Мениң ашыўым келип тур еди, бирақ ҳәммеси жақсы болып шықты.
Жигит даўам етип не қылатуғынымыз туўралы қызықсынды. Ҳм.. Мен оған Юханның үлкен хатынан даўам етип оқыўды ҳәм ол бир неше сораўға жуўап бергеннен соң ушырасыўды усыныс еттим. Мен усы өзим берген сораўларыма жигитти жуўап бермейди ҳәм бизлер енди ҳеш қашан ушыраспаймыз, деп үмит еттим.
Арадан еки күн өткеннен соң, ол қоңыраў етти. Ол тапсырманы орынлаған екен ҳәм және қашан ушырасатуғынымызды билгиси келетуғынын айтты. Солай етип, бизлер және ушырастық. Және Юханның хаты үстинде көбирек ислестик. Және көбирек сораўлар ҳәм жуўаплар болды. Солай болды да. Ҳәпте изинен ҳәпте, ай изинен ай өтти. Бир тәрепте бәрқулла өз тапсырмаларын тез орынлаўшы, өсип баратырған ҳәм бәрқулла және ҳәм және қәлеўши инталы жумысшы ҳәм екинши тәрепте дурыс нәрселерди ислегенине әсте исенимли болып атырған мен турған едим.
Бирақ оның бир жылдың ишинде Мухаддес Китап колледжине барғысы келгенин айтпақшыман. Солай етип, Қудайдың жәрдеминде, мен оны жақсы орынға қарай бағдарладым ҳәм енди ол колледж питкергеннен кейин хызмет етпекте.
Мен ушын қолайсыз болып басланған нәрсе екеўимиз ушын әжайып болып жуўмақланды. Ийемиз алғысқа бөленди, мен қуўанышқа еристим. Енди мен буны және ислегим келетуғынын билетуғын едим. Сиз де сондайсыз деп мен үмит етемен.
Бирақ келеси сапар бундай жағдайларга таяр болыў даналыққа сай болмай ма? Солай етип, келешектеги мүмкиншиликлерге таяр болыў ушын, Мухаддес Китаптағы нелерди үйрениўимиз тийис?
Пүткил өмирин устазлыққа бағышланған бир муғаллим маған бир күни егер устазлыққа салдамлы түрде қарайтуғын болсам, Тимофейге жазылған 2-хат 2:1-10 да жазылғанды ядлаў/терең түсинип жетиў/ҳәм ислеў кереклигин айтты.
Усы 10 аят өзимиздиң устазлық тәжирийбемизди өткир қылыў ушын берилген. Бул соншелли әҳмийетли тема болып, келиңлер, дәслеп тоқтап, Қудайдан жәрдем сорайық.
«Әке, бизиң шәкиртлерди таярлаўда табысқа ерисиўимизди қәлейтуғыныңды билемиз. Илтимас, бизди усыннан дыққатымызды бөлетуғын ҳәмме нәрседен азат қыл. Илтимас, жүреклеримизге терең сөйлей гөр. Биз буны Сенсиз ислей алмаймыз. Сеннен Ийса Масихтың аты менен сораймыз. Аўмийин».
Тимофейге 2-хат 2:1
Улым, ал сен Ийса Масих арқалы берилетуғын мийрим менен күшке толып бар.
Дәслеп аз-маз бир ўақыяны келтирейик:
Павел өзиниң барлық күшлерин күшли жәмәәт қурыўға жумсап, өмириниң үш жылын Ефесте өткизди. Павелдиң өзи сизлер менен 3 жыл даўамында бирге болғанын көз алдыңызға келтире аласыз ба? Павелдиң кететуғын ўақты келгенде, ол жәмәәтти ескертип, оған ҳүжим жасалатуғынын айтқан еди.
Елшилердиң ислери 20:29-30
Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен. Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады.
Павелдиң сөзлери орынланды. Жәмәәтке ҳүжим жасалды ҳәм ол ыдырай баслады. Сонда Павел Тимофейди жәмәәтти беккемлеў тапсырмасы менен Ефеске жиберди. Тимофейге жазылған 1-ши ҳәм 2-хатлар Тимофей өзине тапсырылған тапсырма бойынша Ефесте болған ўақытта жазылған болып, Тимофей бир ўақытлары күшли болған жәмәәтти өз қәлпине келтириўге ҳәрекет еткен еди.
Тимофейге жазылған 1-хатта Павел доктриналь тәлиймат ҳаққында айтады. Оларда дин тәлийматы бойынша машқалалар пайда болғаны анық.
Тимофейге жазылған 1-хатта Павел жалған тәлийматтың тамыр жаятуғынын ескертеди.
Усы хатта жетекшиликти белгилеў бойынша тийкарғы бөлимлер болып, Қудайға унайтуғын азамат болыў не екени бойынша сөз болады. Өйткени Ефес жәмәәтинде жетекшиликке байланыслы ҳәм басқа да машқалалар пайда болған еди. Тимофейдиң де өз машқалалары бар еди.
Тимофейге 1-ши ҳәм 2-хатларды Тимофейде қорқақлыққа байланыслы машқалалар болды деген ямаса ол болып өтип атырған ўақыяларға соншелли таң қалып, оларды жеңе алмады деген түсиниксиз оқыў мүмкин емес.
Ефестеги жәмәәт соншели бийтәртип болып, оны тәртипке келтириўди тапсырыўдың өзи қорқытатуғын еди.
Сонлықтан Павелге Тимофейге Қудайдан алған сыйын умытпаў кереклигин айтыўға туўра келди. Тимофейдиң оны қолланыўдан ўаз кешиўи кереклиги нәзерде тутылған еди.
Тимофей де сол ўақытта соншелли жас болғанлықтан, Павел оның жаслығына жоқарыдан қарамаў кереклигин жазып, оған үлги болыў кереклигин билдиреди. Және де, Павел Тимофейге жаслық ҳәўеслеринен қашыў кереклигин айтады.
Павел Тимофейге беккем болыў ҳәм ҳәрекет етиўди даўам қылыў бойынша жигер береди ҳәм бул Тимофейге жазылған 2-хатқа да өтеди.
Павел Тимофейге 2-хат 1:7 де былай деп жазады: «Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди». Оның изинен 8-аят келип, онда: «арланба», ал 12-аятта «мен арланбайман» делинген. 16-аятта болса: «Онисофор арланбады» делинген. Тимофей, түсиникли ме?
Тимофейге жазылған 2-хат дерлик доктриналь тәлийматқа ийе емес. Ал ол 25 буйрыққа ийе. Сен усыны түсинсең, Тимофей, сен
әлле қашан не қылыўды билесең. Шақырықты қабыл ет! Усы жәмәәтти тәртипке келтир! Усыны исле!
Тимофей бул исти қалай ислейди? Бул бизди Тимофейге жазылған 2-хат 2:1 ге алып келеди. Мийрим күш тийкары болып табылады. Мийрим – сениң өзиң ушын ислей алмайтуғын нәрсени Қудайдың сен ушын ислеўи болып табылады. Қудайдың мениң машинамда ҳеш қашан май алмастырмағанын билесиз. Мен буны өзим де ислей аламан. Қудай ҳеш қашан мениң компьютеримди оңламаған. Буны компьютер қәнийгелери ислейди. Бирақ мениң гүналарыман қутқарылыў ше? Мен буны ислей алмайман. Солай етип, Қудайдың мийрими буны мен ушын иследи. Мениң хызметимди пайда болған шақырықларды мен қалай жеңемен? Мен буны өзлигимнен ислей алмайман. Мийрим, сен маған керексең!
Аўа, Тимофей, Ефес – аўыр ҳәм дерлик орынлаў қыйын тапсырма. Солай етип, сен масихый өмириңди мийримнен азықландырып бар ҳәм иске кирис. Мийрим менен руўхлан. Сен өз күшиң менен буны ислей алмайсаң.
Бул жерге Матта 28:19-20 әжайып түрде туўры келеди:
Сонлықтан да барып, барлық миллетлерди Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан!
Аяттың соңғы бөлегин биринши рет оқығаным есимде. Аяттың ақыры мени жүдә жигерлендирди. Пүткил өмирим бойы, Қудай мениң менен бирге болады, қандай әжайып! Бул дурыс. Бирақ сиз буған контекстте қарасаңыз, буның еле де уллырақ екенин түсинесиз. Бизге шәкирт арттырыў, оларды суўға шомылдырыў рәсиминен өткизиў ҳәм үйретиў тапсырылған. Бирақ биз буны өзлеримиз ислей алмаймыз. Бизге жәрдем керек болады. Сонлықтан бизлер шәкиртлер арттырғанымызда, оларға үйреткенимизде ҳәм оларды суўға шомылдырыў рәсиминен өткизгенимизде, Қудай бизлер менен ҳәр адым сайын бирге болыўды ўәде етеди. Мийрим ҳәрекет етпекте.
Тимофей, өз хызметиңди мийримнен азықландырып бар. Мийримде күшли бер! Ҳәлсиз тәрепке қарай аўыўды тоқтат. Өзиңди және хызметке бағышла.
Тап ҳәзир сиз өзиңизде Тимофей менен қандай да бир уқсаслық таўып атырған шығарсыз. Сизди Қудай қойған ис майданы жүдә аўыр болып көриниўи мүмкин. Бул хожалық, мектеп, ис орны ямаса қоңсылар болыўы мүмкин. Жеңилмең. Өмириңизде мийримнен нәр алып, өзиңизде ҳәм өзиңиз арқалы Қудайдың жумысын бақлаң.
Солай етип, мийримге толып болғаннан соң, сизиң жобаңыз қандай? Баслы жобаға қалай қарайсыз? Жойбарға. Хызметтиң не екени бойынша, үлкен көринис.
Тимофейге 2-хат 2:2
Көплеген гүўалар алдында меннен өзиң еситкен сөзлерди исенимли адамларға жеткиз. Сонда олар да басқаларға үйрете алады.
Аўа, Тимофей ҳәммеге сүйиспеншилик көрсетиўи тийис. Және де, Тимофей усы тәртипсиз жәмәәтти тәртипке келтириўи тийис. Ол жәмәәтти алдыға қарай жүргизиў ушын, қалай ис тутыўы керек? Егер бул аятты үш сөз бенен билдиретуғын болсақ, олар «терең ҳәм кең» деген сөзлер болады.
Тимофей, саған садық адамлар менен терең қарым-қатнаслар керек. Ҳақыйқатқа аш, тәлим бериўге қәбилетли адамлар менен Өз исенимин келеси әўладларға бере алатуғын адамлар менен. Бул адамларға нени қалдырыў керек? «Меннен өзиң еситкен сөзлер» – Павел оған үйреткен ҳәмме жақсы нәрселер.
Елшилердиң ислери 20:27
Себеби сизлерге Қудайдың пүткил еркин толық жәрияладым.
Бизлердиң ҳәммемизде де Мухаддес Китапта өз сүйген китапларымыз, қаҳарманларымыз, сүйикли докктриналарымыз бар. Бул әжайып. Бирақ биз үйреткен адамлар Қудайдың барлық ҳақыйқатына мүтәж. Биз айырым доктриональ тәлийматлар әҳмийетли емес ҳәм оларды әўладларға қалдырыў зәрүр емес деп айта алмаймыз. Әлбетте, Қудайдың сүйиспеншилиги, мийрим-шәпәәти, даналығы ҳәм аспан ҳаққында айтың. Бирақ гүна, Қудайдың ғәзеби, ҳүким ҳәм дозақ туўралы айтыўды да умытпаң. Усы адамларды үйреткенде, терең билим бериң. Қудайдың пүткил даналығын үйретиң.
Сиз үйретип атырған адамлар не қылыўы тийис? Сизиң өзиңиз биринши гезекте даўам етип алға қәдем таслаўыңыз керек. Өзиңиз исенимиңизди бере алатуғын садық адамларды излеў. Сонда шәкиртлериңиз де усы тәлийматты бера алатуғын адамларды излейди.
Бизиң ҳәммемизге жуўырыўшылар бир-бирине таяқты өткизетуғын эстафета жарыслары белгили. Олар келеси жуўырыўшыға эстафетаны берип, шеңбер бойлап жуўырады. Ал сол адам келеси адамға өткизеди. Бул аят анық усы ҳаққында. Биз өзлеримиз алған исенимди келеси әўладқа беремиз, ал олар даўам етип өткизеди. Бул аят ерксиз қосық айтыўға руўхландырады:
«Шынжырдың ҳалқасы болыўды қәлеймен,
Истеги үзилмес шынжыр.
Мениң исим шәкиртлер,
Олар шынжырдағы ҳалқа болар,
Истеги үзилмес шынжыр …»
Мениң өмиримниң аяны ҳаққында Қудайдың хабары қандай? Усы жерде туўры Тимофейге 2-хат 2:2 келеди. Садық адамларды таўып, оларға өмириңди қуй. Шәкиртлер арттыўдағы үзилмес шынжырда ҳалқа болыўды қәлеўши адамлар. Терең бар! Кеңейип бар!
Келиңлер, бул жерде ҳеш нәрсени жойтпағанымызға көз жеткизейик. Ефестеги жәмәәт тәртипсиз болып, Тимофейге оннан көп жаман шөплерди жулып алып таслаўға туўра келди. Бизлерге де гейде тәртипке келтириўге туўра келеди. Бирақ, келиңлер, шәкиртлер арттырыўды изге қалдырмайық. Буны биринши орынға қойың. Ҳәзир-ақ! Ҳәзир – бул шәкиртлерди излеў ушын бәрқулла дурыс ўақыт болып табылады. Басымызда усындай баслы жоба болып турып, оны орынлаўда бизге ким жәрдем ете алар екен? Бизлерге жәрдем ететуғын негизги усылларға қалай қарайсыз?
1-тийкарғы принцип
Тимофейге 2-хат 2:2
Масих Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда.
2-аятта көрсетилген баслы жобаны иске асырыўды қәлейсиз бе? Әжайып! Олай болса, әскерлер сыяқлы пикир жүргизиң. Бул сизге қалай жәрдем ете алады? Сиз шәкиртлерге тәлим бериў жобасына өзиңизди бағышлайсыз ҳәм сол тәризде Жер планетасындағы руўхый урыс орайына өзиңизди қоясыз. Сиз руўхый Шварцнегерлерди пайда еткениңизше, шайтан бир секунд болса да, қолын қаўсырып қарап отырады, деп ойлайсыз ба? Яқ, еле сиз тири екенсиз, яқ.
Өзлериңизди шәкиртлерге тәлим бериўге бағышлап, сиз өз арқаңызға нышана қыстырдыңыз. Шәкиртлерге тәлим бериў – бул урыс. Көз алдыңызға келтирип көриң, диний жетекшилерден Ийсаға қанша ҳәр қыйлы жансызлар жиберилген еди. Ийсаға қәбилетсиз шәкиртлер менен ислесиўге қаншелли сабырлылық талап етилгени туўралы ойлап көриң: «Филип, Мен сениң менен соншелли ўақыт бирге болсам да, сен еле түсинбедиң бе?»
Юхан 6:66 да жазылған сөзлер үстинде ойлап көриң. Сиз буны билиўиңиз керек.
Сол ўақыттан баслап, Ийсаның шәкиртлериниң көбиси кетип қалып, енди Оның менен жүрмейтуғын болды.
Мен шәкиртлер менен ислесип баслағанымда, мен билиўди қәлеген аят усы еди. Мен буны билиў ушын жоқары қун төледим. Сизиң Мухаддес Китабыңызда бул аяттың асты сызылған болыўы керек. Оның әтирапы да айландырылып сызылған болыўы тийис. Ол қағаз бетиниң шетинде жулдызша менен белгиленген болыўы керек. Усы жердеги бетти қайырып қойың. Усы аятты ядта сақлап қалың. Ол сизге керек болады.
Бул жерде биз Ийсаның хызметинде болған Оның суўға шомылдырылыўы менен Яҳуданың сатқынлығы арасында ең үлкен түңилиў болған нәрсеге дус келип турған шығармыз. Грек тилинде бул жерде олардың енди ҳеш қашан қайтып келмеў ушын кеткени туўралы анық айтылған.
Егер Ийсаның Өзин таслап кеткен шәкиртлери болған болса, бул ис сизиң өмириңизде де болатуғыны туўралы ойлап көриң. Бул сизди ыдыратады. Сиз өз өмириңизди адамлардың өмири ушын сарплап, оларды жақсы көрип ҳәм жигерлендирип, таярлыққа, ушырасыўларға, дуўа етиўлерге ўақыт жумсадыңыз. Сиз оларда үлкен мүмкиншиликлерди көрдиңиз, ал олар болса, сизге терис қарады ҳәм енди ҳеш қашан қайтып келмеў ушын кетип қалды.
Сонлықтан Юхан 6:67 үлкен әҳмийетке ийе. Ийса:« Маған жәрдем бериң, әтирапымның ҳәммеси ақмақлар», – деген бе еди? Мүмкин, Ийса: «Мен Өз хатымды азайтып, ол сондай қапа қылыўшы болмаў ушын, оны жумсақ қыламан», – деген бе еди? Я болмаса, Ийса: «Маған дем алыс керек», – деген бе еди? Яқ!
Сонда Ийса он еки шәкиртинен:
– Сизлер де кетпекшимисиз? – деп сорады.
Ийса қалай ис тутады? Ол бизлер анық сондай қылыўды даўам етиўимиз керек болған нәрсени, яғный шәкиртлерди арттырыўды даўам етеди. Бизлер де усылай ислеўимиз тийис.
Мен шәкиртлерге тәлим бериў бойынша биринши курсты өтип болғанымда, мениң өзим қаншелли жигерге мүтәж екенлигиме ҳайран қалатуғынымды айтқан еди. Әсиресе өз шаңарағында жалғыз масихый болған адамларға жигер керек болады.
Сиз билесиз бе, не болды? Өтмиштеги өзимниң барлық ҳәрекетлериме қарап, өзимниң қанша жигер бериўиме туўры келгенине исенгим де келмейди.
Сиз әскер сыяқлы жарадар да боласыз. Сиз тәлим бергенлер де сондай. Сиз әскер сыяқлы өз жолдасларыңызды сүйеп, оларды қәўипсиз жерге апарасыз, олардың шыпа табыўына жәрдем бересиз. Олардың саўаш майданына қайтып келиўи ушын, сиз оларға еле де көп шынығыўлар беретуғын адам боласыз.
Әскерлер саўаш майданынан тыртық ҳәм жарақатлар менен, ҳәтте, майып болып та қайтады. Сиз де сол сыяқлы боласыз. Бул сизди ҳайран қалдырмасын. Таяр болың. Бизлердиң ҳәммемизге қандай да руўхый беккемлилик керек. Әскерлер сыяқлы ойлап турып, бизге жәрдем ушын және бир аят керек болады.
Тимофейге 2-хат 2:4
Хызметдеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
Бир ўақытлары бизлер ески досларымыз бенен жыйналысатуғын, олар мен ҳеш қашан еситпеген ҳәр қыйлы телевизиялық бағдарламалар туўралы айтатуғын еди. Сөз спорт ҳаққында барса, бизиң жергиликли командамыз туўралы маған аз нәрсе белгили. Олар туўралы досларым бирме-бир биледи. Хобби туўралы сөз барса, оларда бул нәрселер ушын соншелли ўақыт барлығына мен таң қаламан. Мен гүллериме суў қуйыўды тез-тез умытып кете беремен. Мен үйге баратырып, өзимди бир түрли сеземен. Мен өзимнен усы ўақытқа дейин қай жерде болғанымды сорайман. Олар усы нәрселердиң ҳәммесин биледи, ал мен болса, яқ. Олар мениң ислеўге ўақтым болмаған усы нәрселердиң ҳәммеси менен шуғылланады. Мен не менен шуғылландым?
Кейин усы аят келип, мен ҳәммесин түсинемен. Егер сиз урысқа кетиў ушын, өзлери менен бирге теннис ракеткаларын, серфинг тахталарын, хоккей ойнайтуғын таяқларын, конькилерди алып, самолетке минип атырған әскерлерди көрсеңиз, ерксиз басыңызды қасыйсыз. Олар урысқа дыққатын жәмлеўи тийис еди. Әлбетте, спорт инвентарында ҳеш қандай гүнакар нәрсе жоқ. Бирақ әскерлер урыса алыўы ушын, бул нәрселер шетке шығыўы керек.
Солай етип, шәкиртликке «аўа» деп, биз өзимизди жеке руўхый өсиўден ҳәм шәкиртлеримизге дыққатымызды жәмлеўден алағада қылатуғын басқа жақсы нәрселерге «яқ» деген боламыз.
Шәкиртликке «аўа» деў мен ушын телевизордан бас тартыў, футболды мөлшерли ўақыт ғана көриў, басқа көплеген сүйикли ислериме «яқ» деў болып табылады. Әскерлер, дыққатыңызды жәмлең! Устазлар, дыққатыңызды жәмлең!
Сиз өз балаларының тәрбиясына бийпәрўа қарап: «Мен Қудай ушын мийнет етпектемен. Балаларды тәрбиялаў – бул дүньялық ис. Ҳаял, оларды сен тәрбияла», – деп өзин ақлаўшы жүдә белгили шопан ҳәм миссионерлерди аңсат ғана таб аласыз. Солай болса, балалар Қудайға ашыўлы болып өседи, өйткени олар Қудай әкемизди урлап алды деп ойлайды. Бул қорқынышлы, қайғылы ҳәм бурмалаў болып табылады. Мухаддес Китап өз ата-аналық ўазыйпаларын орынламаған ҳеш кимди ақламайды.
Устаз болыўды қәлейсиз бе? Онда, әскер сыяқлы пикир жүргизиң, атлет сыяқлы ойлаң.
2-тийкарғы принцип
Жуўырыўды ҳәмме қағыйдалар бойынша жуўмақламаса, атлетке таж кийдирмейди
Биз тәртип ҳаққында сөз етпектемиз. Биз Қудайдың қағыйдалары бойынша алып барылатуғын гүрес ҳаққында айтпақтамыз. Бул жерде усы аят пенен Тимофейге 1-хат 4:7 ортасында байланыс бар
… өзиңди Қудай жолында шынықтырып бар.
Шынығыў – бул грек сөзи болып, ол спорт зал деген мәнисте. Бул адам өзин шынықтырып, ўақтын Қудайдың спортзалында өткизиўи кереклиги бойынша буйрық.
Егер Масихқа ҳақыйқаттан усап барыўды, ҳәр күни Мухаддес Китапты оқыў, дуўа етиў, аятларды ядлаў, хызмет етиў, қурбанлық бериў сыяқлы руўхый тамырлар жайып барыўды қәлесеңиз, басқалардың өмирине тәсир жасаў нийетинде болсаңыз, онда Қудайдың спортзалында үзликсиз ўақыт өткизиң.
Яқшы ма? Мен өзимди формаға келтириўди қатты қәлеймен, деп шештим. Мен буны қатты қәлеймен. Солай етип, ким мен ушын спортзалға барып, мен ушын шуғылланады? Мен бул ушын сизге төлеймен де. Қәнекей, усындай болса екен. Атлет сыяқлы, мен қағыйда бойынша ойнаўым тийис. Сиз бенен биз де сондай. Бизиң руўхый қағыйдаларымыз гүналарымызды үзликсиз түрде мойынлаў, өзимизди Мухаддес Руўхқа бойсындырыў ҳәм ҳақыйқатқа бағышланыўды өз ишине алады. Атлет басына не келсе, соны ислей алмайды. Устаз да сондай. Дийхан сыяқлы пикир жүргизиўди умытпаң.
Тимофейге 2-хат 2:6
Аўыр мийнет еткен дийхан зүрәәттен биринши болып үлес алыўы тийис.
3-тийкарғы принцип
Биз бул жерде де аўыр мийнет туўралы сөз етемиз. Аўыр мийнет ҳалдан тайғанша, күштен кеткенше мийнет етиў дегенди аңлатады.
Егер сиз устазлықтан қандай да бир таң қаларлық нәрсени күтетуғын болсаңыз, онда дийхан сыяқлы ойлаң, сонда пүткил таң қалыў өтип кетеди. Керисинше, узақ ўақыт, кешки ақшамлар, қызғын дуўа етиўлер, таўсылған күш, тәсирлер ҳаққында ойлаң.
Зүрәәт жыйнаў ўақтында, мениң әжағамның тракторы күнине 24 саат ислейтуғын еди. Ол пүткиллей күштен кеткенде, әжағам бир неше саат уйықлап алыўы ушын, оның орнында ҳаялы ислейтуғын еди. Кейин әжағам ҳаўа райы туўралы хабарларға қулақ түрип, және өз исине қайтатуғын еди. Өйткени бийдайдың зүрәәтин даўыл басланбастан бурын жыйнап алыў тийис еди. ҲАЛДАН ТАЙДЫРЫЎШЫ ӨМИР ТӘРИЗИ.
Мен бир күни шырайлы, гөззал киноактрисаның сүўретин көрдим. Оның шашлары, тырнақлары минсиз болып, онда қымбатлы тағыншақлар, сулыў таза көйлек болып, ол тракторда отырған еди. Бул фотосессия деп аталады. Егер сиз шәкиртликке салдамлы қатнаста болсаңыз, исенимли болың, бул сиз болмайсыз.
Солай етип, баслы жобаны иске асырыў ушын, сизде жүдә әҳмийетли болған үш тийкарғы принцип бар. Егер сизди бул аятларды тез оқып таслаў азғырып атырған болса, онда сизди Тимофейге 2-хат 2:7 күтпекте. Ол ең айрықша аятлардың бири.
Айтқанларым ҳаққында жақсылап ойлап көр. Ийемиздиң Өзи саған ҳәммесин түсиндиреди.
Бул аят Мухаддес Китаптағы басқа жерлерге туўры келсе де, оның не ушын бул жерде екени туўралы ойланып көриў зәрүр. Бирақ бул аят усы жерде. Не ушын? Тимофей, Павел тап жаңа ғана жазған сөзлердиң қасынан өтип кетпе. Бул сөзлер туўралы терең ойланып көр. Тап жаңа ғана жазылған сөзлер туўралы терең пикир жүргиз. Ол саған сиңип кетсин.
2-аяттың баслы жобасы – бул жәмәәттиң өсиўи бойынша Қудайдың ЖАЛҒЫЗ жобасы. «Б» жобасы жоқ. Жаңа шәкиртлерди пайда қылыўшы шәкиртлер әўладтан-әўладқа – бул жәмәәттиң өсиўи, оның беккемлениўи ҳәм масихыйлықтың тарқатылыўы, жәмәәт жасап, гүллениўи ушын жалғыз жол.
Және де, бизиң атлетлер, дийханлар ҳәм әскерлер сыяқлы өмирге деген қатнасымыз, 2-аяттың баслы жобасын әмелге асырады. Усы жобаны әмелге асырыўда неге ерисиў тийис екенлигин Павел көркемлеп отырмайды. Ҳеш қандай ўақытша бағышланыў жемисли шәкиртлер әўладын пайда етпейди.
Әлбетте, Павел Тимофейдиң усыны ислеўге ҳәрекет еткенин қәлейди. Биз де сондай. Бирақ сиз неге қол урғаныңызды түсиниўиңиз керек. Сизди шәкирт арттырыўдағы кемшиликлер таң қалдырмасын.
Мүмкин, бул сизди 1-аяттағы мийримди излеўге ийтермелер ҳәм сонда биз қатты ҳәрекет етемиз.
Солай етип, хызметти ҳәрекетке келтиретуғын күш тийкарын қарап шықтық. Бул 1-аяттың мийрими, 2-аяттың баслы жобасы ҳәм усы жобаны орынлаў бойынша үш тийкарғы принцип болып табылады.
Бирақ Павелдиң шәкиртликтиң иске асыўы бойынша қәлеўи соншелли қайтпас болып, ол дәлиллерди иске салады. Өзимизди устазлыққа бағышлаў не ушын керек екенин және бир рет айт?
Тимофейге 2-хат 2:8
Даўыттың урпағынан шыққан ҳәм өлимнен қайта тирилген Ийса Масихты ядыңда сақла! Мен жәриялап атырған Хош Хабар – усы.
Ийсаны ҳәр түрли жоллар менен сүўретлеўге болады. Ол туўралы айтқанда, Оның көп адамларға шыпа бергенин ямаса уллы сөзлерди айтқанын ямаса қорқынышлы өлим менен өлгенин айтыўға болады. Таўысылмайтуғын көп усыллар. Не ушын өлимнен тирилиўди дәлил сыпатында көрсетиў керек?
Ийса ислеген ҳәмме нәрсе әҳмийетли. Бирақ Римлилерге 1:4 ке қараң.
Оның Мухаддес Руўх тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди.
Оның ҳақыйқыйлығын ҳәм күшин өлимнен тирилиўден басқа ҳеш нәрсе тастыйықлай алмайды. Егер өлимнен тирилиў болмағанда, масихыйлық та ҳеш қашан пайда болмаған болар еди ҳәм сиз ҳәзир дозаққа барған болар едиңиз. Өлимнен тирилиў Ийсаны ҳәмме адам ҳәм ҳәмме нәрседен ажыратып, Оны Өз дәрежесине көтереди!
Тимофейге 2-хат 2:8 де Ийса Даўыттың урпағы сыпатында сүўретленген ҳәм Оның адам болғаны көрсетилген.
Олай болса, шәкиртлердиң устазлары не ушын буны еситиўи керек екен? Сиз шәкиртлерди үйреткениңизде, адамларды өлилерди тирилтпеген Мухамметке ямаса өлимнен тирилтпеген Буддаға, я болмаса басқа табынатуғын көсемге бағышлаў ушын жигерлендирмейсиз. Ийса және қандай да бир жарқын ғайраткер, я бир жалатай, я бир өтирикши сиясатшы, яки бизлерди сатып кететуғын биреў емес. Биз Жалғыз Қудай-адамға хызмет етемиз! Және де, биз Тири Қудайдың избасарларын өсирип шығарыўға ҳәрекет етемиз! Биз ҳақ тәрептемиз! Өлимнен тирилиў ҳақыйқат! Ийсаның сыпатлары сөзсиз ҳақыйқат!
Буның бизлерге қандай байланасы бар? Егер Қудай соншелли қүдиретли болса, онда шәкиртлер арттырыўшы бизлер жеңимпаз тәрептемиз. Ол өлимди жеңди. Ҳеш ким Қудайдың күшине бәс келе алмайды.
Бул бизлерге тийисли ме? Адам ҳәм Қудай болған Ийса көп азап шекти. Ҳеш қандай хызметши хожайынынан уллы емес. Егер Оны жаман көрген болса, бизлерди де жаман көретуғын болады.
Аўа, шәкиртлик жолында қандай да азаплар болады. Бирақ қараңлар, сиз ким ушын азап шегип атырсыз? Тимофейге 2-хат 2:8 де «ЯДЫҢДА САҚЛА» деген сөзлер бар. Не ушын? Себеби шайтан бизлерди Ийсаға нәзер салдырмаўға ҳәрекет етеди. Оның жәрдемлеринен, Оның ғамхорлығынан алағада етеди. Сонда биз қапа болсақ, бизде жеңилиўге қәлеў туўылады. Солай етип, ЕСТЕ САҚЛАҢЛАР! Ийсаға қараңлар! Оның қудайлығына қараңлар! Оның қүдиретине, Оның жеңисине, Оның мүмкиншиликлерине қараңлар! Шәкиртликке салдамлы қатнаста болыў ушын буннан артық жигер жоқ.
Павел усы Қудай ҳәм Адамды умытпайтуғынын ҳәм өзине жигер бериў ушын Оған жол қоятуғынын анық айтады.
Тимофейге 2-хат 2:9-10
Мен усы Хош Хабар ушын азап шегип, ҳәтте, жынаятшы сыяқлы тутқын болып байландым. Бирақ, Қудайдың сөзи байлаўлы емес. Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман.
Павелдиң устазлық ҳәрекетлери оның шынжыр менен байланыўына алып келди. Павел устазлық қылғаны себепли, тыртықлар, ҳақыйқый аўырыў, жоқшылық алды. Павел азғырылып: «Қудай, мен жеткиликли түрде азап шектим. Соңғы қатарда отыратуғын, өз Мухаддес Китабын оқымайтуғын, бәрқулла жәмәәтке кешигип келетуғын ҳәм Саған хызмет етпейтуғын жигит пенен шуғыллансаң болмай ма?» – деген бе еди? Бундай болған жоқ. Павел бизлерге Ийса Масихты ядта сақлаў кереклигин айтады. Ол бул арқалы өзи ислейтуғын нәрсени ислеўди, өзин ақырына дейин барыў ушын жигерлендирген нәрсени ислеў кереклигин айтады.
Тимофей, сен қамақта болып қалыўың мүмкин. Сен өз исенимиң ушын набыт болыўың мүмкин. Бирақ сениң ҳәрекетлериң өзиң менен бирге жоқ болып кетпейди. Аўа, сениң өзиң шынжырланған болыўың мүмкин. Бирақ, сениң ҳәрекетлериңниң нәтийжелерин шынжырлап қойыў мүмкин емес. Сениң денең тоқтатылыўы мүмкин. Бирақ сениң мийнетиң еле де даўам ете береди.
Биз бүгин азанда көрип шыққан аятлар аўыр мийнеттиң жаман ийисин шығарып тур. Сасып тур.
1-аят (Солай етип, улым, Ийса Масихтың мийрими менен беккемленип бар) – биз өзимиздиң денемизге емес, ал Қудайдың мийримине сүйениўимиз ушын, ҳәрекет етиўимиз тийис. Өзиң ушын өлиў тәбийғый жол менен әмелге аспайды.
2-аят (өзиң көплеген гүўалар алдында меннен еситкен сөзлериңди басқа адамларға үйрете алатуғын садық адамларға жеткиз) – бул баслы жобаны әмелге асырыў ушын керекли болған тәлиймат. Ол пуқта, анық ҳәм инталы болыўы зәрүр. Биз Мухаддес Жазыўды салдамлы түрде үйрениў ҳәм дуўа етиў, дуўа етиў ҳәм үйрениў ҳаққында айтып атырмыз. Ҳақыйқат түсиникли ҳәм пуқта түрде өткизилиўи тийис. Буған тер, сабырлылық, оның келисиўи ушын узақ түнлерди қосың.
3-аят (Қыйыншылықларға Ийса Масихтың жақсы әскери сыяқлы шыда) – әскерлер жарадар болады, гүрестен шаршайды, гейде жалғыз гүреседи.
5-аят (Егер жарысқа түскен адам қағыйда бойынша жарыспаса, жеңис тажын киймейди) – атлет болыў аўырыўды, сиңирдиң созылыўын, мүмкин зақым алыўды бастан кешириў деген мәнисте.
6-аят (Мийнет етиўши дийхан жемислерди биринши болып татып көриўи тийис) – ҳалдан тайғанша, тер төгип мийнет етиўши ҳәм жийи-жийи үстинен жаман ийис шығатуғын дийханлар туўралы ойлаң.
9-аят (жынаятшы сыяқлы байланып, азап шегип атырман; Бирақ Қудайдың сөзи байлаўлы емес) – шынжырлар бизлерде де Павел сыяқлы қамақта болыўымыз мүмкинлигин айтады. Өмирин қамақта жуўмақлаған устазлар дизими үлкен. Сизиң атыңыз да оған қосылыўы мүмкин. Егер биз бир нәрсени умытқан болсақ:
10-аят (Сонлықтан таңлағанлар Ийса Масих менен мәңгилик даңқ пенен қутқарылыў алыўы ушын, ҳәммесине олар ушын шыдайман) – Павел ҳәмме азапларға шыдады. Бул себепли ерсиз жутынып қоясаң.
Бул аятлар арқалы биз қандай биринши сабақ алдық? Бул мүмкиншиликлер шегинен шығыў. Бул хат 2-аяттың баслы жобасының орынланыўы сизди ҳәдден тыс ҳалдан тайдырыўы, ҳәтте, сизге өлим қәўипин туўдыратуғынын айтады.
Бирақ екинши сабақ та бар. Устазлық сиз оған бағышлай алатуғын барлық нәрселерге арзыйды. Ол шектен тыс жоқары сыйлықланады. Сыйлықлар қәне?
1-аят бизди шәкиртлерди арттырыўға ҳәрекет еткенимизде, Қудайдың мийримине сүйениўимиз бенен ҳәм Қудайға хызмет етиўге ҳәрекет етиўимиз бенен сыйлықлайды. Мийрим тек китаптағы сөз болыўын қояды, ал ол Қудайды жеке таныўға айланады. Сиз өзиңизди беккемлеўши Қудайдың мийрими қаншелли уллы, күшли ҳәм қүдиретли екенин көресиз. Айырымлар мийрим ҳаққында айтады. Устазларға мийрим жеке тәжирийбесинен белгили.
2-аят өз сыйлықларын әкеледи. Сиз сценарийди салдамлы түрде қабыл етесиз. Сиз көринген адамды үйретесиз, кейин және биреўлерин. Және, және сондай. Бул шынжыр үзликсиз болады. Кейин келетуғын исениўшилер әўлады туўралы ойлаң.
Жәмәәт аспанға көтерилип кетпегенше, Ийсаның Өз қазылық тахтын шетке ысырып қойғаны қандай артықмашылыққа ийе? Сиз өз өмириңиздиң усы ўақыттан баслап жәмәәт тарийхының ақырына дейин тәсир еткенин көриўиңиз мүмкин. Сиз олардың ҳәммесин, өз руўхый шаўлық-қуўлықларыңызды көриўиңиз мүмкин. Себеби сиз шәкиртликке салдамлы қатнаста болдыңыз.
3-аят өз сыйлықлары менен келеди. Әскер саўашларда жеңеди. Сиз де, сиз үйреткенлер де бир саўашларда жеңесиз.
5-аят сыйлықлар алып келеди. Атлетлер жуўырып кетеди ҳәм руўхый жеңимпазларға айланады. Сиз Мухаддес Руўх пенен бирге хызмет етсеңиз, анық сондай болады.
6-аят өз сыйлықларын алып келеди. Қайтпаслық пенен мийнет еткен дийхан мол зүрәәт пайда етеди. Бул зүрәәтти биринши болып ким көреди? Әлбетте, оған ғамхорлық көрсеткен, қайтпаслық пенен мийнет еткен дийхан көреди! Және де, шәкиртлердиң устазы әсте, бирақ исенимли түрде өсип баратырған адамларды көреди. Сизиң устазлығыңыз қанша зүрәәт береди? Бул сыйлықлар пүткиллей уллылыққа ийе. Бирақ олардың 10-аяттағы кейинги еки сөз бенен салыстырғанда әҳмийети аз (Сонлықтан мен таңлап алынғанлардың да Масих Ийса арқалы қутқарылыўды мәңгилик салтанат пенен алыўы ушын, ҳәмме нәрсеге шыдап атырман).
Басқаларға устазлық етиўиңизде сизиң қосып атырған үлесиңиз себепли келетуғын ең жоқары сыйлыққа қараң. Бул руўхый фейерверк ўақты! Сол еки сөз мени жаңа ғана электр розеткасына қолымды тийгизгендей қылып ойлаўға мәжбүр етеди. Сиз Масихқа жетелеўши ҳәммениң келешеги – бул Қудайдың даңқын сәўлелендириў болып табылады! Сиз Ийемиздиң жолында тәрбиялап атырған ҳәммениң келешеги – бул Қудайдың даңқын сәўлелендириў болып табылады! Оның сыпатларын сәўлелендириў! Масихтың Өзиндей болыў! Мәңгиге!!! Мен бул себепли бир түрли болып кетемен.
2-аятта көрсетилген жоба қаяққа апарады? Даңққа! Мәңгилик!!! Бул шәкиртлерди тәрбиялаў бойынша бизиң ҳәрекетлеримиздиң соңғы мақсети.
Қайтпаслық пенен исленген мийнет ушын сақыйлық пенен сыйлықланыўдан артық ҳеш нәрсе болыўы мүмкин емес. Сиз устазлыққа бағышлаған ҳәмме нәрсе қунлы. Ҳәмме!
Өмириңиздиң қалған бөлегин неге жумсайсыз? 1-аяттың мийриминен өз масихый өмириңизге нәр алыў ўақты келген жоқ па екен? Және де, өзиң менен бирге 2-аяттағы Қудайдың жобасын алып жүриўиң ҳәм еле тири екенсең, өз өмир жолыңды басып өтиўиң тийис.