Руўхый сыйлар
Бул не?
Руўхый сыйлар – бул ҳәр бир исениўшиге саўға қылып берилген cый ямаса жақсылық ҳәм тәбияттан тыс қәбилет болып табылады.
Коринфлилерге 1-хат 12:7
«Мухаддес Руўх ҳәр бир исениўшиге Өз сыйын береди».
Биз буған ылайықлы болмасақ та ҳәм оны мийнет етип таба алмайтуғын болсақ та, бирде бир масийхый сыйсыз қалмайды.
Сиз оларды қалай аласыз?
Коринфлилерге 1-хат 12:7
« … береди … ».
Коринфлилерге 1-хат 12:11
«Булардың ҳәммесин (сыйлар алдынғы аятларда атап айтылған) иске асырыўшы бир ҳәм анық сол Мухаддес Руўх. Мухаддес Руўх бул сыйларды Өз қәлеўи бойынша ҳәр кимге бөлип береди».
Сиз оларды Қудайдан аласыз. Өзиниң шексиз даналығы менен Ол сыйларды Өзиниң барлық жәмәәтлерине бөлистирип берди.
Руўхый сыйлар не ушын керек?
Коринфлилерге 1-хат 12:7
« … пайдасы ушын … »
Сыйлар жәмәәттиң қураылыўы ушын бериледи. Ол бизлерге сый қылып берген нәрсени қолланыўдан бас тартыў Қудайға ҳүрметсизлик қылыў болған болар еди.
Руўхый сыйларсыз жәмәәт бул дүньяда жасай алмайды ҳәм исениўшилер де қандай болыўы керек болған болса сондай бола алмайды, яғный Масийхтың уллыланыўы ушын бир-бирине ҳәм қалған барлық адамзат ушын пайдалы бола алмайды. Бул келешек дүньяның күшиниң көриниси, бул Масийхтың күшиниң Оның патшалығы орнатылған ҳәм сақланып атырған жерде тәсирли түрде көриниўи.
Римлилерге 12:4
«Өйткени денемиз бир болса да, мүшелеримиз көп ҳәм мүшелеримиздиң атқаратуғын хызмети де ҳәр түрли».
Масийхқа келген ҳәр бир адамның Масийхтың денесине ушын анық бир хызмет тараўы болыўы күтиледи. Егер бизлер Масийхқа бағышландық, деп, бирақ Оған хызмет етпесек, онда бизлер Оған ҳақыйқаттан да Оған келген бе екенбиз? Келиңлер, өз-өзимизди алдамайық, Масийхтың ҳақыйқый шәкиртлери хызмет етеди.
Римлилерге 12:3
«Керисинше, ҳәр бир адам Қудайдың өзине берген исенимине қарай, өзин ылайықлы баҳаласын».
«Ҳәр бир адамға ҳәр түрли қылып өлшеп бериледи. Бул жерде исеним ҳаққында айтылмайды, себеби қутқарыўшы исеним ҳәмме ушын бирдей. Бул сизиң сыйыңызды қолланыў ушын зәрүр болған исенимниң анық бир түри ҳәм сизиң руўхый сыйыңызды ҳәрекетке келтиретуғын руўхый қәбилет.
Бизиң уранымыз мынадай болсын: «ҳеш бир сый пайдасыз болып қалмаўы шәрт! ҳеш бир сый пайдасыз болып қалмаўы шәрт!» Олар Қудай тәрепинен Оның даңққа бөлениўи, жәмәәттиң қурылыўы ушын берилген. ОНЫ ҚОЛЛАНЫҢ! Бул сыйдың ийесиз бийкар жатыўына жол қоймаң. Қудайдың сизге бергенин пәс көрмең ҳәм оны писент етпей кетпең.
Дыққат:
Коринфлилерге 2-хат 12:12
«Мениң Қудайдың ҳақыйқый елшиси екенимди дәлиллейтуғын көп белгилер, таң қаларлық ислер ҳәм кәраматлар сизлердиң араңызда күшли сабырлылық пенен көрсетилди».
Жәмәәтти қурыўға жәрдем бериў ушын ҳәм елшилердиң хызметиниң ҳақыйқый екенин тастыйықлаў ушын елшилерге айрықша кәраматлы белгилер берилген еди. Олар өз хызметин баслаған ўақытта Жаңа Келисим еле болмаған еди ҳәм сонлықтан бул кәраматлы белгилер елшилердиң Қудай менен сөйлескенин адамлардың билиўи ушын зәрүр еди. Бирақ елшилик дәўир өтип кетти ҳәм соның менен биргеликте олардың кәраматлы белгилери де өтип кетти. Солай етип, келиңлер, мыналарға дыққатымызды жәмлейик.
Петрдиң 1-хаты 4:10-11
«Ҳәр бириңиз жақсы хызметши сыпатында Қудайдың сизлерге мийримлилик пенен берген ҳәр түрли руўхый сыйларын қоллана отырып, бир-бириңизге хызмет етиңлер. Адамлар алдында сөйлеген адам Қудайдың сөзине сай сөйлесин. Басқаларға хызмет ететуғын адам Қудайдың берген күши менен хызмет етсин. Усылайынша, Ийса Масийх арқалы Қудай ҳәр бир исте алғыслансын. Уллылық ҳәм қүдирет мәңги-бақый Масийхтики. Аўмийин».
Петр сыйларды еки улыўма категорияға бөледи. Булар: ҳәрекет ҳәм сөйлеў. Келиңлер, бул бөлиниўди өзимиздиң алдыға қарай ҳәрекет еткенимизге сай қолланайық.
Римлилерге 12:6-8
«Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин. Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин».
Ҳәрекет сыйлары
Хызмет. Бул сөздиң туўры мәниси дастурхан әтирапында хызмет етиў дегенди аңлатады. Бирақ басқа адамларға хызмет етиўдиң ҳәр қыйлы түрлери раўажланып кетти. Марта өзиниң хызмет етиў сыйын анық жақсы көрди. Мүтәжликлердиң көп болғаны сыяқлы, оларды қанағатландыратуғын бул сыйды көрсетиўдиң усыллары да шексиз.
Администраторлық етиў, жетекшилик ямаса басқарыў. Бул улыўмалық мақсетке ерисиў ушын исениўшилер топарының бир команда сыпатында биргеликте ислеўин шөлкемлестириўди өз ишине алады. Нехемия Ерусалимниң дийўалларын қайта тиклеў зәрүрлигин билгенде, усы сыйды көрсетеди. Ол дийўалдың ҳәр бир бөлегине жумысшыларды тайынлайды. Оларды жигерлендиреди ҳәм түртки береди кейин жумыс орынланады. Олар бир команда сыпатында ҳеш бир жалғыз адам өз күши менен орынлай алмаған исти орынлаўға ериседи.
Қайыр-сақаўат ислери. Бул туўры мәниде ҳәдден тыс қайырхомлық көрсетиў, басқа адамлардың физикалық мүтәжликлерин тәмийинлеў (буған ақшалар киреди, бирақ тек буның менен шекленип қалыў емес) дегенди аңлатады. Бизлер жарлымыз деп, усы сыйды писент етпеўге урынып көриўимиз мүмкин, бирақ Мухаддес Китап бул сыйды тек бай адамларға тийисли деп шеклемейди.
Коринфлилерге 2-хат 8:1-2
«Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толып, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти».
Бул жарлы адамлардың қайыр-сақаўат ислеўде уллы сақыйлықты көрсеткен үлгиси.
Мийрим–шәпәәтлилик. Қыйын аўҳалда қалған адамларға, жәбир шеккенлерге, қайғылы аўҳалда болғанларға, ҳәр түрли ҳәўеслердиң қулы болғанларға, тутқын болғанларға, руўхый түскинликте болған адамларға жәрдем бериў. Аюптың дослары ҳеш нәрсе сөйлемей, жети күн даўамында оның менен бирге болғанда, оған мийримлилик көрсетти. Олардың қасында болыўы Аюпқа сол қорқынышлы ўақытта жалғыз болмағанын анық айтты. Тилекке қарсы, олар аўызларын ашып, сөйлегеннен соң, олар енди оған жүдә мийримли қатнаста болмады.
Сөйлеў сыйы
ўайызлық етиў. Бул сөз «адамлар алдында сол жағдайға Қудайдың сөзин қолланып, сөз сөйлеў» дегенди аңлатады. Бул жерде дыққат « жигер бериўге, тәлим бериўге, жубатыўға», «Қудайдың адамлар жәмийетинде сөйлеўине мүмкиншилик жаратыў» ға қаратылады. Бул сый тек руўханийлерге тийисли емес. Петр Елшилер ислери китабының 2-бабында өзиниң күшли ўазы арқалы Жәмәәт Дәўирине баслама береди.
Муғаллимшилик. Бул жерде Мухаддес Китап ҳақыйқатын түсиниўге еле де рәсмий ҳәм системалы түрде үйретиўге дыққат қаратылады. Муғаллимлер анализ жасаў, системаластырыў ҳәм жол-жоба бериў уқыплылығына ийе. Сиз билесиз бе, Павел буны Ефестеги узақ даўам еткен муғаллимлик хызмети даўамында ислеген еди.
Жигерлендириў. Адамларды ҳақыйқатқа бойсыныўшылық пенен жуўап бериўге, Қудайдың еркине сай ҳәрекет етиўге жигерлендириў. Ол беккемлеў, мәсләҳәт бериў ҳәм жубаныш бериўди өз ишине алады. Барнаба бул сыйды сөйлескенинде Павелге қолланған еди. __________________________________________________________
Комментариялар:
- Руўхый сыйларды тәбийғый уқыплылықлар менен алжастырыўға болмайды. Айырымлар әжайып қосықшылар, терең ойшыллар ҳәм т. б. болып туўылған. Бундай қәбилетлер ушын Қудайға рахмет, бирақ олар руўхый сыйлар болып есапланбайды.
- Жаңа Келисимдеги руўхый сыйлардың дизимин оқың ҳәм сиз бул дизимлердиң ҳәр қыйлы екенин көресиз.
Римлилерге 12:6-8
Коринфлилерге 1-хат 12:4-11, 28-31
Ефеслилерге 4:7-13
Бизлер бул жерде руўхый сыйлардың тамамланған, толық ҳәм қатаң дизими ҳаққында сөз етип атырған жоқпыз.
- Сиз руўхый сыйлардың бир неше араласпасын өзиңизден шығарып көрсетиўиңиз мүмкин.
- Руўхый сыйлар жәмәәтти беккемирек қылыў ушын бизлерге жәрдемге бериледи. Қудай бизлерге бул сыйларды өз үйимиздеги зат қоятуғын бөлмеде пайдаланыўымыз ушын бермейди. Мына нәрсе туўралы ойланып көриң. Егер сиз жәмәәтке бармай қалсаңыз, кимдур сизиң сыйыңыз бенен жарылқанбай қалады! Жәмәәт те бурынғысына қарағанда азғана ҳәлсизирек болып қалады.
«Мысалы: жәмәәт жолаўшылары басқа биреўге рульге отырыўға рухсат ететуғын автобус сыяқлы болмаўы керек. Ал ол ҳәр бири өз ара бирлескен ҳалда мийнет ететуғын қумырысқалардың мәканы сыяқлы болыўы тийис.
- Коринфлилерге 1-хат 12-бапты оқың. Сыйларды талқылаўдан кейин дәрҳал-ақ, Павел денениң мүшелериниң өз ара ғәрезли екени туўралы сөз етеди. Не ушын? Себеби, бизлер менен сизлер өз денемиздиң ҳәр бир мүшесине мүтәж болғанымыз сыяқлы, жәмәәт те Масихтың денесинде өз сыйларын қолланатуғын ҳәр бир бөлек исениўшилерге мүтәж. Екинши дәрежели исениўшилер болмайды.
- Егер исениўши ериншек ямаса өз сыйларын қолланыўда бийпәрўа болып қалған болса, оған Қудайдың бизлер ушын не ислегени ҳаққында айтылған Римлилерге жазылған хаттың дәслепки он бир бабын оқыўға бериң. Оның бизлер ушын ислегенине миннетдаршылықтан келип шыққан мәниске ийе жалғыз жуўабымыз – бул Ол бизлер ушын жаратқан уқыплылық пенен руўхый сыйларды қолланып, Оған бағышланып хызмет етиўимиз болып табылады.
- Ҳеш бир адам бир ўақыттың өзинде ҳәмме сыйларға бирдей ийе бола алмайды. Сонлықтан биз бир-биримизге жүдә мүтәжбиз. Бир адамды өзиңиздиң ойыңыз бойынша сизиң сыйыңыздан әҳмийетсизирек сыйға ийе деп есаплап, адамларға жоқарыдан қараўдан сақ болың. Бул ондай емес.
Бирақ… егер биз қандай да анық бир тараўда уқыпсызырақ болсақ, бул тараўда ҳәрекет етпеўимиз керек дегенди аңлатпайтуғынын да есте сақлаўымыз зәрүр. Ҳәмме де бериў сыйына ийе емес, бирақ ҳәммеден бериў күтиледи. Ҳәммеде де муғаллимлик сыйы бар емес, бирақ ҳәр бир ата-ана өз балаларын үйретиўи керек. Бизлердиң ҳәммемиз де мийрим-шәпәәтлилик сыйына ийе емеспиз, бирақ бизлердиң жолымызда жарадар адам ушырасып қалса, бизлер оған итибар аўдармай өте алмаймыз. Ҳәмме де хызмет етиў сыйына ийе емес, бирақ ҳәр бир исениўши күнине бир неше рет хызмет етиўи мүмкин. Егер бизиң ҳәр биримиз жақсырақ ҳәрекет етсек, өз сыйымыз тараўында нур сыяқлы жарқырап кетемиз.
- Сыйлар ҳәр қыйлы
Коринфлилерге 1-хат 12:4-6
«Ҳәр қыйлы руўхый сыйлар бар, бирақ оларды беретуғын Мухаддес Руўх биреў. Ҳәр түрли хызметлер бар, бирақ бизлер хызмет ететуғын Ийемиз жалғыз. Ҳәр қыйлы ис-ҳәрекетлер бар, бирақ барлық исениўши адамлардың ҳәр бир исинде ҳәрекет етиўши Қудай жалғыз».
Бизлер биргеликте Қудай алдында турған ўақтымызда уллы бирлик бар ҳәм Оған хызмет етсек, уллы ҳәр түрлилик бар. Айырым сыйлар басқаларына қарағанда көбирек белгили. Ҳәмме ўазшыны еситеди, сол ўақыттың өзинде хызметши елеспесиз болып өтип кетиўи мүмкин. Олардың екеўи де зәрүр.
- Егер адам жәмәәтте бир нәрсе ислеўди қәлемесе, ол өз сыйын ҳеш қашан биле алмайды… ҳәм жәмәәт те табыссыз жәмәәт болады.
- Өзиңизде қандай сый бар екенин қалай анықлаўға болады?
1) Қудай ибадатыңызға жуўап беретуғынына толық исеним менен дуўа етиң. Қудай сизге сый берип, бирақ буны билиўди мүмкин емес қыла ма? Исенимиңиз кәмил болсын, бул ондай емес.
- Римлилерге 12:1-2 Римлилерге 12:3-8 ден бурын келетуғынын түсиниў зәрүр. Бул жерде мәселе неде? Тек мен 1 ҳәм 2 ны қылғанымда, Қудай ушын пайдалы болып қаламан. Қудай кейин Өзине қалай хызмет етиў кереклигин 3-8 де көрсетеди.
Егер бизлер өз өмиримизди Ийемизге толық бағышлаўды қәлемесек, онда бизлер өз сыйларымызды билиў ҳәм оларды раўажландырыўда иркилип қаламыз.
Басқа тәрептен қарағанда, руўхый сыйлар ҳаққындағы аятларды үйрениў менен биргеликте, бизлер «Мухаддес Руўх» қайта-қайта тилге алынатуғынын көремиз. Сиз ҳақыйқый руўхый сыйларды Мухаддес Руўхтан ажырата алмайсыз. Солай етип, өз сыйымызды анықлаў ҳәм оны қолланыў ушын, бизлер Мухаддес Руўх пенен бирге қәдем таслаўымыз керек (бизге белгили болған барлық гүналарды мойынлап ҳәм Оннан ғәрезли болып).
Егер бизлер өз руўхый сыйларымызды қолланбай атырған болсақ, онда бизлер өз өмирлеримизди ҳеш қашан Ийемизге бағышламағанбыз.
Айырым ўақытлары бизлер, нәтийжели хызмет етиў – бул Қудай менен беккем қарым-қатнасықлардың шетинен толып ағыўы болып есапланады, деген сол ҳақыйқатлыққа итибарсыз қараўды таңлаймыз. Өзимизди қәўип астына қойып ҳәм басқа исениўшилерге зыян тийгизип, биз буны писент етпеймиз.
3) Забур 36:4 буған жүдә жақсы туўры келеди.
Жаратқан Ийеден заўықлан,
Ол жүрегиңдеги қәлеўиңди әмелге асырар.
Егер бизлер тәўбе етиўде, китап оқыўда, қулақ асыўда Ийемизде жубаныш тапсақ ҳәм Қудайды өмиримизде биринши орынға қоямыз, Ссонда бизиң жүреклеримиздиң қәлеўлери Оннан болатуғыны анық. Хызмет етиў қәлеўи бар ма? Бериў? Үйретиў? Ол усы қәлеўлерди сизиң жүрегиңизге салғанға усап атырған жоқ па?
4) Жәмәәтте бир нәрсени өз еркиңиз бенен ислеўге тилек билдириң. Қандай да бир нәрселер сиз ушын жаман таңлаў, ал басқалары болса жақсы таңлаў болады. Бир нәрселер сиз ушын екенин ямаса сиз ушын емеслигин түсиниў ушын, оларды бир неше рет сынап көриў керек.
5) Сиз басқалардан қандай пикирлерди аласыз? Егер ҳәмме сизге балаларға тәлим бериў сизиң сыйыңыз емес екенин айтса, онда бәлким олар ҳақ болыўы ҳәм өз пикирлери менен сизге жақсы хызмет көрсетип атырған болыўы мүмкин.
6) Сизден жәмәәтте не ислеўди өтиниш еткен еди? Сиз басқалардан қандай тастыйықлаў аласыз?
Өз сыйыңды анықлаўда ҳеш қандай қыйын ямаса сырлы нәрсе жоқ. Өйткени Қудайдың Өзи сизге усы сыйды берген ҳәм сизиң оны Өз жәмәәтиниң беккемлениўи ушын оны қолланғаныңызды қәлейди. сонда сиз Оның сиз бенен излениўлериңизде ҳәм сыйларды раўажландырыў исинде бирге ислескенин көресиз.
- Сизиң анық бир руўхый сыйға тек ийе болып қойғаныңыз сиз оны аңсатлық пенен қолланасыз дегенди билдирмейди. Муғаллим күшли таярланыўы керек. Басқарыўшы дыққат пенен жобаластырыўы тийис. Жигер бериўши нәтийжели түрде жигерлендире алыўы ушын, белгиленген темалар бойынша аятларды ядлаўы керек. Хызмет етиўши еле де жақсырақ хызмет етиўи ҳәм қалай хызмет етиўи кереклиги бойынша жоба дүзиўи тийис. Бериўши қалай ҳәм не бериўи кереклигин анықлаўы зәрүр. Ҳеш ким өз сыйын күш салыўларсыз қоллана алмайды.
- Ўақыт өтиўи менен, сиз өз сыйыңызды еле де көбирек ҳәм көбирек қолланған сайын, еле де жақсырақ ҳәм оннан да жақсырақ ислеп бара бересиз. Сиз Мухаддес Китапты оқығаныңызда, дуўа еткениңизде, усындай сыйларға ийе исениўшилер менен қарым-қатнас қылғаныңызда, өз ҳәрекетлериңизди анализлеп көресиз ҳәм сонда өз сыйыңызды еле де нәтийжелирек қолланыўды көре баслайсыз.
- Жас исениўшилерге жәрдем бере алатуғын ең нәтийжели жоллардың бири – бул олардың Масийхтың денесинде өз сыйларын шынықтырып баслағанын көргениңизде, шын жүректен қоллап-қуўатлаўыңыз болып табылады. Сиз былай деп айтыўыңыз мүмкин: «.Сизиң бүгин айтқан ўазыңыз ушын рахмет. Ҳәммеси жақсы ҳәм түсиникли қылып айтылды!» ямаса « Бизлердиң семьямызға берген сизиң жигериңиз бизлердиң руўхымызды беккемледи» ҳәм т. б. Бул олардың қәбилетин тастыйықлап, оларды өз сыйларын еле де раўажландырыўға ийтермелейди.
- Әлле қашан ийе болған сол сыйларын жақсылай алыўы ушын, оларға тилек билдириң (сүйиспеншилик ҳаққында айтып). Мысалы: досларым маған әстерек сөйлеўге, белгили бир китапларды оқыўға, өз көнликпелеримди жақсылаў бойынша курстан өтиўге, өз қыйыншылықларым менен бөлисиўге жигерлендирди – булардың ҳәммеси жүдә пайдалы ҳәм зәрүр болып табылады. Мен жетилискен исениўшилер конструктив (тийкар болатуғын дәрежеде) түрде түсиндиргени себепли үлкен пайда алдым.
- Римлилерге жазылған хатқа қайтамыз.
Римлилерге 12:6-8
«Қудайдың бизлерге берген мийрими бойынша, бизлер ҳәр түрли руўхый сыйларға ийемиз. Кимниң пайына пайғамбаршылық етиў сыйы тийсе, ол исенимине қарай пайғамбаршылық етсин. Хызмет етиў тийсе, хызмет етсин. Тәлим бериў тийсе, тәлим берсин. Ал кимниң пайына жубаныш бериў тийсе, жубаныш берсин. Үлестириўши болыў тийсе, шын кеўилден үлестирсин. Басшылық етиў тийсе, ғайрат пенен басшылық етсин. Мийрим-шәпәәт етиў тийсе, қуўанышлы түрде мийрим-шәпәәт көрсетсин».
Бул бир неше сөзлерде баянланыўы мүмкин: өз сыйларыңды ең жақсы тәризде қоллан. Өз сыйларыңа итибарсыз қараў жәмәәтти жарлы қылады. Оларға өзиңиздиң бар күшиңизди жумсаң.Оларға басыңыз бенен сүңгиң!