Қарым-қатнасты беккемлеў
Қарым-қатнасты беккемлеў Көз алдымызға келтирип көрейик, мениң ҳаялым менен қатнасым онша жақсы емес. Мен сизге оның сулыў, әжайып, жақсы ҳәм миймандос екенин, оның узын шашлары ҳәм көзлериндеги жалын маған бәрқулла унағанын айтаман.
Бизиң тойымыз әжайып болды. Тойдағы аўқатлар мазалы болып, ең жақын досларымыз бирге еди. Бул мениң өмиримдеги ең жақсы күн болды.
Бирақ бизлерде, яғный мен ҳәм ҳаялым екеўимизде машқалалар пайда бола баслады. Маған сизиң жәрдемиңиз керек.
Мен таң қаламан ҳәм ҳаялымды өзин ақылсыз адам сыяқлы тутып атыр деп ойлайман. Сизлердиң оған наҳақ екенин айтып исендириўиңизди қәлеймен.
Ҳаялым маған өзин тыңламайтуғынымды, оны писент етпейтуғынымды айтады. Ол усылай дегенде, мен неке гүўалығын аламан да, бизлердиң тойымыз қандай әжайып болғанын, аўқатлардың қаншелли мазалы болғанын ҳәм тойда бизиң ең жақын досларымыз болғанын есине түсиремен.
Сонлықтан, маған енди оны тыңлаўдың неге кереги бар? Бизлер ерли-зайыплымыз. Минекей, гүўалық. Ол сулыў ма?
Ҳаялым маған ол ушын ўақтым жоқ екенин айтады. Ҳаял адам соншелли ақылсыз болатуғынына сиз исенесиз бе? Мен оған күйеўи екенимди еслетемен. Бизлер үйленгенбиз. Аўқатлар мазалы еди. Тойда бизиң ең жақсы досларымыз болды. Минекей, неке гүўалығы. Маған ҳаялым менен ўақыт өткизиўдиң неге кереги бар? Ол не ушын соншелли талап ете береди?
Оған наҳақ екенин айтың, илтимас. Усындай шырайлы ҳаял қалайынша алжаса алады? Ол мени мақуллаўы ушын, не айтыўға болады?
Сизиң оған ҳеш нәрсе айтпағаныңыз мақул, себеби мен наҳақпан. Баслы сораў: «Неке деген не?» Бул тек сулыў салтанатлы дәстүрден басқа ҳеш нәрсе емес пе? Я болмаса, бул бир өмирлик саўда ма?
Бул сөйлесиў ҳәм тыңлаў керек болған бир өмирлик саўда ма? Қанша адам неке – бул тек салтанатлы дәстүр, басқа ҳеш нәрсе емес, деп ойлайды?
Ҳеш ким.
Ал қанша адам неке бир өмирлик саўда деп ойлайды? Ҳәмме.
Мәниси неде?
Биз бул Ийса Масихтың избасарларына да тийисли деп ойлаймыз ба?
Сиз Ийса Масихтан өз Қутқарыўшыңыз болыўын сорасаңыз, кейин ҳеш нәрсе қылмасаңыз, Оның избасары болып есапланасыз ба? Ийсаның избасары болыў ушын, тек дуўа етиў жеткиликли ме?
Я болмаса, Оған дуўа етип, Қутқарыўшыңыз болыўды сорағаннан соң, Оның менен пүткил өмир даўамында раўажланып баратуғын қарым-қатнас керек бола ма?
Бизлер Ийсаға бир рет дуўа етип, Оннан бизиң Қутқарыўшымыз болыўын сорап болып, аспанға барыўымызға дейин, Оны даўам етип писент етпей жасаўымыз керек пе? Ийса усылай болсын деп, бизлердиң гүналарымыз ушын атанақ ағашта өлди ме?
Бул ақылсызлық-ғо!
Галатлыларға 2:19-20
Қудай алдында жасаў ушын, Мухаддес Нызам арқалы мен Мухаддес Нызам алдында өлгенмен. 20 Мен Масих пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масих жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
Масихый өмирде Масих бизлерде жасайды ҳәм биз ҳәр бир сәт сайын, Ол ушын жасаймыз.
Юхан 15:5
Мен – жүзим ағашыман, сизлер – шақаларсыз. Ким Менде болып, Мен онда болсам, ол көп жемис береди. Себеби Менсиз ҳеш нәрсе ислей алмайсызлар.
Асты сызылған соңғы сөзлерге дыққат аўдарың. Биз жуўыра-жуўырда жүриўимиз, азаннан кешке дейин бәнт болыўымыз мүмкин. Бирақ, Қудайдың көз қарасы бойынша, егер биз Оған сүйенбесек, ҳеш нәрсеге ерисе алмаймыз. Буны ким қәлейди?
Коринфлилерге 2-хат 5:10
Себеби денеде жасаған ўақтымызда ислеген жақсы исимиз ушын да, жаман исимиз ушын да ылайлықлы баҳа алыў ушын, ҳәр биримиз Масихтың ҳүким гүрсисиниң алдында турыўымыз керек.
Бул ушырасыўдан ҳеш бир масихый қашып қутыла алмайды. Масихқа исенген ҳәм Оған өзин исенип тапсырған ҳәр бир адамды Оған ере баслағаннан бери не ислегенимизди Қудай келешекте баҳалайды. Бул ҳәр бир исениўши ушын ескертилмейтуғын ҳүким ўақты (биз аспанға барамыз ба, я яқ па деп билиў мақсетинде емес). Ол қалай жасағанымызға қарай сыйлықлаў ушын, бизиң өмиримизди баҳалайды. Егер биз Қудайды тән алмаған болсақ ҳәм қәлеген нәрсемизди ислеген болсақ, онда үлкен сыйлық алыўды күтпей-ақ қойың. Оҳ, бизиң гүналарымыз ушын өлгенниң алдында турып, бул ушын ҳеш қандай миннетдаршылық айтпаўды ким қәлейди?
Масихыйлық – бул ҳәр сәтте Қудай менен қарым-қатнас қылыў болғанлықтан, олар ҳәммесин өзгертеди. Сиз өзиңиз қарым-қатнасқа ийе болған ҳәм өзиңиз жақсы көретуғын ҳаялыңыз, досларыңыз ямаса балаларыңыз бенен ўақтыңызды өткизесиз. Сол сыяқлы, биз өзлеримиз қарым-қатнасқа ийе болған ҳәм өзлеримиз жақсы көретуғын аспандағы Әкемиз бенен де ўақыт өткизиўимиз шәрт.
Егер масихый өмир тек әпиўайы қағыйдалар дизими болса, ал сиз Мухаддес Китапты оқыйтуғын ўақыт – бул сиз еле де көбирек қағыйдаларды билиўиңиз керек болған ўақыт болса, онда сиз Мухаддес Китапты оқыўға қорқатуғын боласыз. Ийса Масих пенен сүйиспеншиликли қатнас жасаў ҳәм масихый өмир мағлыўматы арасында тек қағыйдалар дизими байланыслы үлкен парық бар. Аўа, масихый өмир ушын белгили қағыйдалар бар. Бирақ, олар ҳеш қашан сизиң Қутқарыўшыңыз бенен сүйиспеншиликке тийкарланған қатнасыңыз алып келетуғын исенип болмас жарылқаўлар жолына тосық болмаўы керек.
Егер Масихқа ериў – бул әпиўайы қадыйдалар дизими болса, онда сиз Мухаддес Китапты оқыўды ямаса Оның менен сөйлесиўди қәлемейсизлер.
Егер Масихқа ериў – бул қарым-қатнас болса, онда сиз Оған өзиңизге ҳәр күни Мухаддес Китапты оқыўға ҳәм Оның менен дуўа етиў арқалы қарым-қатнас қылыўға жол қоясыз.
Сонлықтан, масихый өмир сизди Қудайды тыңлайтуғын, Оның менен сөйлесетуғын ҳәр күнги қарым-қатнастан ибарат болса, онда бул ҳәр күни Мухаддес Китапты оқыў ҳәм дуўа етиў тамырларын жүдә әҳмийетли қылады.
Мухаддес Китапты ҳәр күни оқыў. Сиз ҳәр күни Мухаддес Китапты жақсырақ оқыў ушын не ислей аласыз?
- Мухаддес Китапты ҳәр ашқаныңызда, Қудай сизге бир нәрсе айтқысы келеди. Қудай! Қудай! Қудай! Пүткил дүнья Жаратыўшысы, сизиң Жаратыўшыңыз сиз бенен ҳәр күни сөйлескиси келеди. Бул Мухаддес Китапты басқа барлық китапларға уқсамайтуғын қылады. Ол басқа да!
- Өз гүналарыңызды сөзсиз мойынлаң. Гүналарды мойынламаў Қудай менен сизиң араңызда дийўал пайда етеди. Бул кимге керек?
- Өзиңиз оқыған нәрселерди ислең. «Қулақ асыў – масихый өмирде барлық қапыларды ашатуғын гилт». Сиз қанша бойсынсаңыз, соншелли көбирек түсинесиз ҳәм Оған көбирек жақынлап барасыз. Егер сиз өз ядыңызды тек қурғақ фактлер менен толтырсаңыз, бул қәўипли. Үйрениң ҳәм қулақ асың. Үйрениң ҳәм қулақ асың.
- Сизиң дыққатыңызды Мухаддес Китапқа аўдаратуғын бир неше аят мыналар:
Еремия 33:3
Мени шақыр, жуўап беремен. Сен билмеген уллы ҳәм жумбақлы сырлары саған айтаман.
Бизлерге уллы болған нәрселерди көрсетиў ушын, Қудай бизлерди күтип тур! Оған усыны ислеўге рухсат етиң.
Юханның 1-хаты 3:1
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди! Ҳақыйқаттан да, бизлер Қудайдың балаларымыз. Дүнья Әкени билмегенликтен, бизлерди де билмей атыр.
Мухаддес Китапты тыңлаў – Әкемизди тыңлаў дегенди билдиреди. Әжайып!
Сулайманның ҳикметлери 30:5
Қудайдың ҳәр бир сөзи ҳақ.
Сиз оқыған басқа барлық китаплардан, сизге досларыңыз айтқан нәрселерден, сиз интернетте ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы еситкенлериңизден Мухаддес Китаптың айырмашылығы соннан ибарат, онда айтылғанлардың ҳәммеси толығы менен ҳақыйқат. Буған исениң. Бул бойынша өз өмириңизди дүзиң.
Ийшая 28:29
Бул да Әлемниң Жаратқан Ийесинен берилген. Оның мәсләҳәти әжайып, даналығы уллы.
Мен бул аятты жүдә жақсы көремен. Қандай ўәде! Сизиң өмириңизде өкиниў болмаўын қәлейсиз бе? Олай болса, Қудайға өзиңизди бағдарлаўға жол ашып бериң. Ол сизге жол көрсетеди! Сиз СОЛ ЖОЛ БОЙЫНША ЖҮРИҢ!
Солай етип, сиз келеси анық қәдемлерди атсаңыз қалай болады:
- Мухаддес Китапты ашпастан бурын, бар дыққатыңызды Қудайға жәмлеў ушын, компьютерди, қол телефоныңызды, радионы, телевизорды өшириң. Ол буған ылайықлы емес пе?
- Пүткил Мухаддес Китапты оқыўды жобаластырың. Аўа, бизлердиң ҳәммемизде өз сүйикли китапларымыз бар. Бирақ ПҮТКИЛ Мухаддес Жазыў Қудай тәрепинен берилгенликтен, ол өмириңизди өзгертсин.
- Мухаддес Китапты күнниң ақылыңыз анық ислейтуғын ўақтында оқың. Қудайға ең жақсысын бериң.
- Қудай сизге бир нәрсе айтады, деген ой менен оқың. Гейде Қудай оқығаныңыз бойынша күшли толқынланыў пайда етеди. Гейде Қудай сизге бир нәрселерди тыныш есиңизге салады. Бирдей күнлер болмайды.
- Егер сиз Қудайды тыңламайтуғын болсаң, Ол сизге айтқан нәрсени ислемейтуғын болсаңыз, онда сизде машқалалар пайда болатуғынын өзиңизге еслетип қойың. Қудайсыз сиз өмириңиз бенен ҳеш нәрсе көрсете алмайсыз. Бул кимге керек?
- Сиз қанша көп оқыўыңыз керек? Саатқа қарамаң. Мухаддес Китапты ҳәр күн оқыўды әдетке айландырың.
- Салыстырмаң. Басқалар ойды тезирек қағып алыўы ямаса оларда Мухаддес Китапты оқығаннан соң, таң қалатуғын нәрселери болыўы мүмкин. Олар ушын Қудайды алғыслаң! Бирақ сиз жалғыз емессиз. Сиз ушын Қудайда басқа жоба ҳәм ой бар. Қудайға сизиң дыққат орайыңызда болыўға жол қойың.
Минекей, Мухаддес Китапты оқыўды анықлап алдық.
Келиңлер, енди дуўа етиў өмириңизге қарайық.
Оны не қыйынласытырып атыр?
Табыслы түрде дуўа етиўге кесент етиўши бес себеп ядымызға түседи.
1) Мойынланбаған гүна. Бул ҳаққында кейинирек сөйлесемиз.
2) Руўхый түскинлик. Мүмкин сиз дуўа еттиңиз, дуўа еттиңиз, дуўа еттиңиз, бирақ алыўыңыз керек болмаған нәрсени алдыңыз. Қудайдың жоллары сизиң жолларыңыз бенен бәрқулла туўры келе бермейди. Гейде бизге өз жобаларымыздан, әрманларымыздан, мақсетлеримизден ўаз кешиўге туўра келеди. Гейде биз күтиўимиз тийис болады.
3) Ериншеклик. Дуўа етиў – бул аўыр ис. Ол ушын дыққатты жәмлеў, ўақыт ҳәм инта керек болады. Егер биз ҳәрекет етиўди қәлемесек, Қудай жуўап бериўди қәлемейтуғынына ҳайран болмаң.
4) Менменлик. Мүмкин, биз Қудайды өз мәплеримиз, рәҳәт табыўымыз ушын қолланыўға ҳәрекет етип атырған шығармыз. Қудай Өзин қолланыўға жол қоймайды. Қудайды қолланыўға ҳәрекет етип, өз ўақтыңызды босқа сарпламаң.
5) Салыстырыў. Әнекей! Ана адам дуўа еткен еди, ол қандай әжайып жуўаплар алды. Ал мен дуўа еткен едим, ҳеш нәрсе алмадым. Салыстырыў – ўақытты босқа кетириў. Бизиң ҳәр биримиз айрықшамыз ҳәм Қудай ҳәр биримиз арқалы айрықша жумыс ислейди.
Солай етип, тәсирли дуўа етиў ушын қандай талаплар зәрүрлиги ҳаққында Мухаддес Китапта не айтылған?
Забур 65:18
Егер жүрегимде нызамсызлық болса, онда Ийе мени еситпес еди.
Егер биз гүнадан жүз бурыўдан бас тартсақ, Қудай бизлердиң дуўаларымызды еситпейди. Күнди әжайып түрде баслаў – бул ҳәр күни Қудайдан өзлеримиз мойынламаған гүналарды көрсетиўди сораў болып табылады. Оның сизиң дуўаңызға жуўап беретуғынына екиленбеңлер.
Юхан 16:24
Ҳәзирге дейин сизлер Мениң атым менен ҳеш нәрсе сорамадыңлар. Сораңлар, аласызлар, сонда қуўанышыңыз толы болады.
Жақсы. Қәдирли, Ийем, қоңсы үйдеги қапыны жарып жибер. Ийсаның аты менен аўмийин. Яқ. Яқ. Яқ. Бул жерде дуўа етиў адамның өз мәпин ойлаўынан ибарат болыў керек деп айтылмайды. Ал кейин дуўа «Ийсаның аты менен» деген сөзлер менен жуўмақланады. Бул жерде ондай нәрсе ҳаққында айтылмаған. «Ийсаның аты менен» делингенде, сиз тап жаңа ғана еткен бул дуўаны Ийса мақуллады ма? Әне, мәнис сонда. Етилген дуўа Оның минезине, Оның мақсетлерине туўры келе ме? Егер яқ болса, бул ушын дуўа етпең.
Юхан 15:7
Егер сизлер Менде болып, Мениң сөзлерим сизлерде болса, қәлегениңизди сораңлар, сизлерге бериледи.
Егер биз Масихқа ҳәм Мухаддес Китапқа турақлы түрде еретуғын болсақ, Қудай бизиң дуўаларымызға жуўап береди. Не ушын? Бул туўралы ойламаң. Егер биз Мухаддес Китап ҳақыйқатларын сиңдирип барсақ, оларды өмирде орынласақ, оларға ой ҳәм тилеклеримизди басқарыўға жол қойсақ, онда биз сорайтуғын нәрселердиң ҳәммеси Ийемиз өмиримиз ушын қәлеген нәрселер болады.
Юханның 1-хаты 5:14
Бизлерде Оған деген мынадай батыллық бар: Қудайдың еркине сай не сорасақ та, Ол бизлерди еситеди.
Бул аятқа дыққат пенен қараң. Егер сиз Қудайдың еркине сай дуўа етсеңиз, Ол жуўап береди. Сонлықтан биреў Қудайдың ерки туўралы дуўа етиў – бул оқланған қуралдың тесигине қараў менен барабар деген еди. Сақ болың! Дуўаңызға жуўап әлле қашан жақынлап қалды.
Сизиң дуўа етиўиңизге қандай аятлар күш бериўи мүмкин?
Юханның 1-хаты 3:1
Қараңлар, Қудайдың балалары деп аталыўымыз ушын, Әке бизлерди қандай уллы сүйиспеншилик пенен сүйди!
Егер сиз Масихқа өз жеке Қутқарыўшыңыз сыпатында исенген болсаңыз, онда сиз өзиңиздиң минсиз Әкеңизге дуўа етесиз, Оның менен сөйлесесиз. Ол сизге қуўанады ҳәм сизге Өз сүйиспеншилигин, сақыйлығын ҳәм сизиң Оның жобасындағы орыныңызды көрсетеди.
Яқыптың хаты 5:16
Солай етип, шыпа табыўыңыз ушын, бир-бириңиздиң алдыңызда гүналарыңызды мойынлаңлар ҳәм бир-бириңиз ушын дуўа етиңлер. Ҳақ адамның дуўасы жүдә күшли тәсирге ийе.
Досларымыз кешириўи ушын, бизлер олардың алдында гүналарымызды мойынлаймыз ба? Яқ. Тек Қудай ғана гүналарды кешире алады. Биз өз гүналарымызды досларымыз (исенимли болған, сатпайтуғын) алдында мойынлаймыз. Буны биз гүналарымыздан қутылыў ушын досларымыздың дуўа етиўи ушын ислеймиз. Менде усындай дослар 30 жылдан бери бар ҳәм мен оларды ҳақыйқый туўысқанларым деп атай аламан. Өйткени қандай да бир жеке машқалалар себепли бир-биримиз ушын дуўа етиў бизлердиң өмиримизди бирлестирип қойды. Аўырманлықты жалғыз көтериў керек емес екенин билиў жақсы. Өмирде саған жәрдем бериўге таяр болған жолдасларың менен бирге жүриў жақсы.
Ийшая 62:6, 7
Ҳәй Ерусалим, дийўалларыңа гүзетшилер қойдым,
Олар күни-түни үнсиз қалмас.
Ҳәй, Жаратқан Ийени еске алыўшылар,
Өзлериңизге тынышлық бермең.
7 Ерусалимди беккемлеп,
Оны жер жүзиниң даңқы қылмағанша,
Жаратқан Ийеге тынышлық бермең.
Гүзетшилер бәрқулла Ерусалим туўралы сорап, Қудайға тынбай дуўа етеди. Аспанға барып, Ийсаның өзиңди бәрқулла дуўа еткен адам деп сүўретлегенин еситиў қандай әжайып! Биз өз елимиз, жәмәәтимиз, хожалығымыз, Хош Хабар айтыўымыз, Ийемиздиң жолында өсиўимиз ушын дуўа етсек, үлкен жигер аламыз. Биз Ийемиз бенен қарым-қатнаста болсақ өсип барамыз, Ийемиз қайтпаслықты сыйлықлайды.
Матта 17:20
Ийса оларға:
– Мен сизлерге шынын айтып турман: егер исенимиңиз қышқыл туқымындай ғана болса да, бул таўға: «Усы жерден ана жерге көш!» десеңлер, ол көшеди. Сизлердиң қолыңыздан келмейтуғын ҳеш нәрсе болмайды, – деди.
Сиз өмириңиздеги қандай таўлар (үлкен машқалалар) ушын дуўа етиўиңиз керек? Мүмкин, сиз Матта 17:20 бойынша өз жеке дизимиңизди дүзип, ол бойынша дуўа етиўиңиз керек болар?
Яқыптың хаты 4 :2
Сизлер Қудайдан сорамағаныңыз ушын, алмай атырсызлар.
Ҳм. Әне, сиз сорамағаныңыз ушын алмай атыр екенсиз-ғо!
Сиз үзликсиз еткен дуўаларыңызда, Мухаддес Китаптан аятларды қолланасыз ба? Мен сиз Мухаддес Китаптан өмириңизге туўры келетуғын аятларды табыўыңызды ҳәм Қудайдан усы аятлар бойынша ҳәр күни жасаўға өзиңизге жәрдем бериўди сораўды нәзерде тутып атырман. Ал мыналар бойынша не?
Ийшая 26:3
Саған исенгени ушын,
Пикирин Саған бағышлағанды,
Толық тынышлықта сақлайсаң.
Сизиң өмириңизде тынышлық үстемлик етиўин не ушын ҳәр күни Қудайдан сорамайсыз?
Матта 22:37-38
Ийса оған былай деди:
- «Ийең болған Қудайыңды пүткил жүрегиң, пүткил жаның, пүткил ақыл-ойың менен сүй». 38 Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық.
Егер бул биринши буйрық болса, онда неге оған салдамлы қатнаста болып, Қудайдан Оған деген сүйиспеншиликте ҳәр күни өсип барыўды сорамайсыз?
Матта 10:16
Сонлықтан жыландай ақыллы, кептердей ақ кеўил болыңлар.
Гүна себепли бузылған дүньяда Қудайдан ҳәр күни даналық сораў керек болады.
Еремия 10:23
Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин,
өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
Биз өз ўақтымызды қалайынша ең жақсы түрде қолланыўды билмеймиз. Ал Қудай биледи. Олай болса, ҳәр күни ўақытты қалай даналық пенен өткизиўди Оннан сораған мақул болады.
Егер сиз басқа исениўшилерге руўхый өсиўде жәрдем бериўди қәлесеңиз, өзи исенимин өсирип барған исениўшилер ушын Павелдиң қандай жигер пенен, қалайынша көп дуўа еткенин байқадыңыз ба? Бул узын дизим! Ал хат жүдә күшли.
Римлилерге 1:9
Улының Хош Хабарын жәриялаўда шын кеўлим менен мен хызмет етип атырған Қудайдың Өзи дуўа еткенимде сизлерди үзликсиз тилге алып атырғаныма гүўа.
Ефеслилерге 1:15-16
Сонлықтан Ийемиз Ийсаға деген исенимиңиз ҳәм пүткил исениўшилерге деген сүйиспеншилигиңиз ҳаққында еситкенимнен бери, 16 мен сизлер ушын тынбастан шүкирлик етемен. Және де, дуўа еткенимде, сизлерди бәрқулла тилге аламан.
Ефеслилерге 3:14-16
Сол себептен мен аспандағы Әкемиздиң алдында дизе бүгип, дуўа етемен. 15 Ол аспандағы ҳәм жер жүзиндеги ҳәр қандай миллетке ат берген. 16 Қудай Өз уллылығының байлығы бойынша ишки дүньяңызды беккемлеў ушын, Өз Руўхы арқалы сизлерге күш-қуўат берсин.
Филиплилерге 1:3
Сизлерди ҳәр сапар еске алғанымда, Қудайға шүкирлик билдирип атырман. 4 Мен Қудайға дуўа еткенимде, сизлер ушын ҳәр қашан қуўаныш пенен сорайман.
Колосалыларға 1:9
Сол себептен усылар ҳаққында еситкен күнимизден баслап, бизлер де сизлер ушын үзликсиз дуўа етип, Қудайдың қәлеўин пүткил руўхый даналық ҳәм түсиник пенен толық билиўиңиз ушын сорап атырмыз.
Салоникалыларға 1-хат 1:2,3
Дуўа еткенимизде сизлерди тилге алып, бәрқулла ҳәммеңиз ушын Қудайға шүкирлик билдиремиз. 3 Қудай Әкемиздиң алдында исенимиңиздиң жемиси болған ис-ҳәрекетиңизди, сүйиспеншилигиңизге тийкарланған мийнетиңизди ҳәм Ийемиз Ийса Масихқа деген үмитиңизден пайда болған шыдамлылығыңызды үзликсиз еске аламыз.
Салоникалыларға 1-хат 3:9
Қудайымыздың алдында сизлер себепли алған барлық қуўанышымыздың есесин Оған қанша шүкирлик айтып қайтарсақ та аз.
Салоникалыларға 2-хат 1:3
Туўысқанлар! Сизлер ушын ҳәмме ўақытта Қудайға шүкирлик етиў парызымыз. Усылай ислеўимиз орынлы. Себеби исенимиңиз күн сайын өсип, ҳәр қайсысыңыздың бир-бириңизге деген сүйиспеншилигиңиз артып бармақта.
Тимофейге 2-хат 1:3
Мен ата-бабаларым сыяқлы пәк ҳүждан менен хызмет ететуғын Қудайға күни-түни дуўа еткенимде сени үзликсиз еске алып, шүкирлик билдиремен.
Шәкиртлердиң устазлары өзлери тәлим бергенлердиң өмирлери ушын белсендилик пенен дуўа етиўге кирисиў тийис. «Миссионерлик ис, шәкиртлик ҳәм жәмәәт раўажланыўында ҳәр бир адым туўрыдан-туўры дуўа етиў арқалы басқарылады».
Дуўа етиў бойынша практикалық кеңес алыўды қәлейсиз бе?
- Өз дуўа етиўлериңизди келеси бөлимлерге бөлиң: жеке, хожалық, дослар, хызмет ушын. Ҳәр бир бөлим бойынша арнаўлы дизим дүзиң. Бул сизге дуўа етиўди шөлкемлестириўге жәрдем бериўи мүмкин.
- Жеке дуўа етиў журналын жүргизип, оған дуўаларға алынған жуўапларды жазып барың. Сиз буны басқалар көрмеўи ушын компьютерде ислең.
- Биреў дуўа етиў ушын мүтәжлигин айтса, бул адам ушын дуўа етиўди умытып кетип, оны алдамаў ушын, буны дәрҳал-ақ жазып қойың.
Жуўмақлаўшы пикир:
Қудайға қулақ асыўымыз, Оған ҳәр күни бойсыныўымыз, Мухаддес Китапты оқыўымыз ҳәм Оның менен ҳәр күни дуўа етиўде қарым-қатнас қылыўымыз арқалы, не ислеп атырғанымызға қараң. Биз өмирде Қудай менен тең қәдем таслап бармақтамыз. Көп адамлардың бизлер ушын ўақты жоқ. Ал Қудайдың бизлер ушын бәрқулла ўақты бар. Бизиң өмиримизде көп адамлар өледи. Бирақ Қудай ҳәмме ўақытта бар болады. Көплеген адамлар күн даўамында бәнт болады, олар жумыс ислейди ямаса уйықлайды. Ал Қудайдан бәрқулла жәрдем сораўға болады. Масихыйлық – бул бизлерди Жаратқан, қутқарған ҳәм дүньяны баасқарып турған Қудай менен күн удайына қарым-қатнас қылыў екенин биз билемиз бе? Бул қаншелли қуўанышлы!