Тимофейлер
Биз Тимофейлер туўралы айтқанымызда, нени нәзерде тутамыз?
Биз бир ямаса бир неше масихыйды өз қанатымыздың астына алып, оларды айырып алыў арқалы, басқа исениўшилер алмайтуғын күшли тренинг, тәрбия, жигерлендириў ҳәм раўажландырыў бериў ҳаққында сөз етип атырмыз. Бундағы мақсет олардан қәнийгели, Қудайдан қорқатуғын жетекшилерди өсирип шығарыў болып табылады. Буның ушын елши Павелге биринши гезекте руўхы жақын хызметшиси ҳәм тәрбияшысы Тимофей болып табылады. Павел оған Жаңа Келисимнен орын алған ҳәм оның аты менен аталған еки хат жазған еди. Павел жумыс пенен соншелли бәнт болғанлықтан, өзи менен аўырманлықты бөлисетуғын бирге ислесиўши адамларға мүтәж еди. Олар Павелдиң өлиминен соң оның кемшиликлерин толтыратуғын жеткиликли түрде қәнийгели адамлар болыўы керек еди. Тимофей усы талаплардың ҳәммесине жуўап беретуғын еди.
Тимофейдиң Жаңа Келисимдеги жетискенликлери қандай еди?
«Тимофей Павелдиң хаткери сыпатында мына китапларды бирге жазды: Коринфлилерге 2-хат, Филиплилерге хат, Колосалыларға хат, Салоникалыларға 1-ши ҳәм 2-хатлар ҳәм Филимонға хат. Ол миссионерлик сапарларда ҳәм қамақта Павел менен бирге болды. Тимофей Коринфте ҳәм Филип қаласында Павелдиң ўәкили болды. Тимофейдиң өзи де бир қанша ўақыт даўамында исеними ушын қамақта болды. Ол көп санлы адамларды Қудайға әкелди. Жәмәәт рәўиятларына қарағанда, Павелдиң өлиминен соң, Тимофей Ефестеги жәмәәтте ақсақал болып хызмет етти.
«Тимофейлер» әҳмийетли ме?
Шектен тыс! Тимофейлер оқыған ҳәзирги жәмәәт жетекшилериниң санын көбейтеди, басшы масихый жумысшыларды жумыста шаршап қалыўдан азат болыўға жәрдем береди. Және де, жәмәәт келеси әўладқа мийрас қылып қалдырылыўына кепил болады.
Не ушын гейбир масихый жетекшилер Тимофей таярлаўды қәлемейди?
Өркөкиреклик, қорқыныш ҳәм менменлик. Бундай жетекшилер ҳәммениң дыққат-орайында болыўды қәлейди. Олар ҳеш ким менен бөлисиўди қәлемейди, өзи ҳәм өз жәмәәти арасында дистанция сақлаўды қәлейди. Тимофей өзлеринде болмаған сыйларды көрсетеди деп қорқады. «Театрдың жалғыз актёры» болыўды қәлейтуғын жетекшилер үлкен кемшиликлерге ийе ҳәм олар жәмәәтти жетекшисиз ҳәм өлип қалса, шектен тыс ҳәлсиз жағдайда қалдырады.
Егер сиз Тимофей таярламасаңыз, не жүз береди?
Тилекке қарсы, мен өзимниң жеке тәжирийбеме сүйене отырып, жуўап бере аламан. Жақын жерде жайласқан жәмәәт шопаны он бир жыл даўамында басқарды. Ол хызмет еткен ўақытта, адамлар Ийемизге келди, бирақ ол жерде ҳеш қандай шәкиртлик, жетекшиликке үйретиў, көз алдыңызға келтире аласыз ба, жәмәәт ағзаларының жыйналыслары болған жоқ. Сол шопан кеткенде, жәмәәт не қылыўды билмейтуғын, таслап кетилген балалар топары сыяқлы болып қалды. Оның орнын ийелеген адам исти үлкен қыйыншылықлар менен баслады. Үлкен жумыста оның аўырманлығын көтеретуғын оқытылған адамлар болмады. Бир қанша ўақыт даўамында жәмәәт үлкен қыйыншылықларға ушырады. Арадан бир қанша ўақыт өткеннен соң, ол өзине жәрдем беретуғын бир неше Тимофейлерди үйрете алды. Сол қайғылы ўақыяны болдырмаўға болар еди.
Павел Тимофейди қандай тийкар бойынша таңлап алды?
Елшилердиң ислери 16:1-2
Павел Дербеге, соңынан Листраға келди. Сол жерде анасы исениўши яҳудий, ал әкеси грек болған Тимофей атлы шәкирт бар еди. Листра ҳәм Икониядағы туўысқанлар ол ҳаққында жақсы пикирде еди.
Тәлим алыўға таяр болыў ҳәм Қудай ушын ашық жүрекке ийе болыў керек. Көринген адамға жабысып алмаң. Жақсы атқа ийе, Қудайға мүтәж адамды излең.
(Бул Лука 6:12-16 ны еске түсиреди. Ол жерде Ийса пүткил түни бойы дуўа еткеннен соң ҳәм олар менен жетерли ўақыт өткизгеннен соң ғана Өзиниң 12 шәкиртин таңлап алғаны сөз етиледи.)
Биз Жаңа Келисимнен Тимофей туўралы не билемиз?
Римлилерге 16:21
Мениң менен бирге хызмет етиўши Тимофей сизлерге сәлем айтып атыр.
Тимофей Павелдиң «ғамхорлығында болған адам, исенимдеги улы, биринши дәрежели шәкирти ҳәм қәдирли досты» еди.
Коринфлилерге 1-хат 4:17
Ийемизге садық болған сүйикли балам Тимофейди усы мақсет пенен сизлерге жибердим. Ҳәмме жерде, исениўшилердиң ҳәр бир жәмәәтинде берген тәлимиме сай болған, мениң Масих пенен бирге басып өткен жолымды ол сизлердиң есиңизге түсиреди.
Тимофейди Павелдиң ылайықлы ўәкили болады деп, исенип жибериўге болатуғын еди. Аз-маз тоқтап турып, бул жүз бериў ушын қанша ўақыт тәлим алыў кереклиги ҳаққында ойлап көриң.
Коринфлилерге 1-хат16:10
Тимофей сизлерге барғанда, араңызда қәўипсиз жүриўи ушын көз қулақ болыңлар. Себеби ол да мен сыяқлы Ийемизге хызмет етеди.
Буннан артық мақтаў еситиўге бола ма? Павел Тимофейди өзи менен теңдей дәрежеге қояды.Таң қаларлық! Бирақ бул биреў ийе болыўы мүмкин болған Тимофейлердиң санының шеклениўин орнатады. Адам өзиниң руўхый клонын өсирип шығарыў ушын, көп тренинг, дуўа етиўлер, биргеликте жумыс ислеў керек болады. Ал бизиң ҳәр биримизде күндиз ўақыт шекленген болады. Павел санды емес, ал сыпатты мақсет қылып қойды. Сан әҳмийетли болған бизиң заманагөй дүньямызда бул әпиўайы мақсет емес.
Коринфлилерге 2-хат 1:19
Бизлер тәрепимизден, яғный мен тәрепимнен, Сила ҳәм Тимофей тәрепинен сизлерге жәрияланған Қудайдың Улы Ийса Масих ҳәм «аўа», ҳәм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар.
Тимофейдиң Павел ҳәм Сила менен қатар айтқан ўазы ҳәлсиз болмады. Ол Мухаддес Китап ҳақыйқатына «аўа» болды.
Филиплилерге 2:19-22
Ҳал-жағдайыңызды билип, мениң де кеўлим жай табыў ушын, Ийемиз Ийса қәлесе, Тимофейди жақын арада сизлерге жибериўден үмит етемен. Өйткени ол сыяқлы, шын жүректен сизлердиң ғамыңызды ойлайтуғын мениң басқа адамым жоқ. Ҳәмме Масих Ийсаның емес, ал өз мәпин ойлайды. Бирақ Тимофейдиң исенимли адам екени сизлерге мәлим. Себеби ол әкесиниң жанында хызмет еткен ул сыяқлы, Хош Хабардың жәрияланыўы ушын мениң қасымда хызмет етти.
Павелдиң жиберетуғын бир неше адамы болмағаны, бизлерде де өзлеримиз қәлегендей көп Тимофейлеримиз болмайтуғынын, ҳәтте, бизлер күткен базы Тимофейлер исенимимизди ақламайтуғынын билдиреди.
Салоникалыларға 1-хат 3:2
Исенимиңизди беккемлеп, сизлерди жигерлендириў ушын, Масихтың Хош Хабарын жәриялайтуғын Қудайдың хызметшиси, туўысқанымыз Тимофейди сизлерге жибердик.
Бул рольди орынлаў ушын, Тимофей үйрениўи керек болған сол тәлим туўралы ойланып көриң. Бул сениң Мухаддес Китапты үйрениў топарыңдағы ҳәр бир масихый, ҳәр бир шәкирт Тимофейдиң дәрежесине жете алмайтуғынынын еслетеди. «Тимофейлердиң» қатарына тез ҳәм көринген адамларды белгилеп, оларды пәс көрмең.
Еврейлерге 13:23
Туўысқанымыз Тимофейдиң азат етилгенин билиўиңизди қәлеймен. Ол жақын арада жаныма келсе, оның менен бирликте сизлерди көриўге бараман.
Қамаққа алынғаны туўралы ҳеш қандай сөз жоқ. Павел ўақтын қамақта өткизди. Тимофей де қамақта болды. Олардың ҳеш бири де сол «дем алыў ўақтын» өз хызметин таслап кетиўге сылтаў деп көрмеди. Олар екеўи де тайсалмас болды.
Павелдиң Тимофейди жетилистирип барыў бойынша айырым жуўмақлаўшы ойлары.
Павел Тимофейдиң күшли тәреплерин қурыўға жәрдем берди.
Жас болыўына қарамастан, Тимофей исенимдеги туўысқанлар арасында ҳүрметке ийе еди. Павелдиң тәлийматында беккемленген Тимофей садық ҳәм шебер Хош Хабаршы еди.
Басқа тәрептен қарағанда, Павел Тимофейдиң ҳәлсиз жерлерин билиў ушын, оның менен жеткиликли ўақыт өткизди ҳәм ол оларға ашық қарсы турды.
Тимофей өзи жас болғаны себепли қорқатуғын болса керек. Павел оған мыналарды нәсият етеди:
Тимофейге 1-хат 4:12
Жассаң деп, өзиңди ҳеш кимниң кемситиўине жол қойма. Керисинше, сөйлеген сөзиң, жасаў тәризиң, сүйиспеншилигиң, исенимиң ҳәм пәклигиң менен исениўшилерге өрнек бол.
Оған қорқыныш ҳәм исенимсизликти жеңиў аўыр болды. Сонда Павел оны және жигерлендирди.
Тимофейге 2-хат 1:6-7
Сонлықтан қолларымды үстиңе қойып дуўа етиўим арқалы Қудайдың саған берген сыйын бар инта менен қоллана бериў кереклигин есиңе түсирип атырман. Өйткени Қудай бизлерге қорқақлық руўхын емес, ал күш, сүйиспеншилик ҳәм салдамлылық руўхын берди.
Бирақ әҳмийетлиси сонда, Тимофейге 2-хатта доктриналық тәлиймат дерлик жоқ. Буның орнына ол жерде 25 буйрық бар. «Тимофей, саған басқа ҳақыйқат кереги жоқ. Сен өзиң билетуғын нәрселерди орынлаўың керек. ҲӘРЕКЕТ ЕТ! БУЛ МҮКИНШИЛИКЛЕРДИ ҚУДАЙ УШЫН ҚОЛЛАН!»
Сизде басқа жыныстағы Тимофейлер болыўы керек пе?
Бул жүдә ақылға уғрас келмейтуғын нәрсе. Азғырылыўға апаратуғын ҳәр қандай мүмкиншиликтен қашың. Бул жол менен бармаң.
Титусқа 2:3-5
Сол сыяқлы, үлкен жастағы ҳаялларға да ҳүрметке ылайықлы өмир сүриўди, өсекши ҳәм арақтың қулы болмаўды, ал жақсылықты үйретиўши болыўы кереклигин үйрет. Сонда үлкен жастағы ҳаяллар жас ҳаялларға ақыл-нәсият бере алады. Қудайдың сөзине тил тиймеўи ушын, олар жас ҳаялларға күйеўлерин ҳәм балаларын сүйиўди, өзлерин тутып билиўди, пәк, хожалыққа жанкүйер, мийримли болыўды ҳәм күйеўлерине бойсыныўды үйрете алады.
Жасы үлкен ҳаяллар жас ҳаяллардың бас тәрбияшылары болыўы тийис. Тәлим бериў ушын ер адамларға ер адамлар, ҳаялларға ҳаяллар керек.
Даўам етип, «Тимофейдиң» раўажланыўы бирме-бир келтирилген:
- Тимофейлерди қалай таңлаў бойынша өлшемлер:
а) Қудай ушын анық арналған жүрек. Қудай ол арқалы Өз сөзин сөйлейтуғыны ҳәм бул басқалар арқалы қолланылатуғыны анық.
б) адамлар ушын анық арналған жүрек.
в) баслама көтериўши – өз-өзинен ҳәрекетке келиўши, тәўекелши, исеним бойынша ис тутыўшы.
г) ойлап тапқыш – көп идеяларға ийе.
д) садық – ўазыйпа ҳәм тапсырмаларын орынлаўшы.
е) билим алыўға инталы – бәрқулла жаңа нәрсени үйрениўге мүкиншилик излейди.
ж) әлпайым – жетекшилер бир нәрсени күтип, талапсыз жүрмейди. Олар еле де нәтийжелирек болыў ушын мүмкиншилик излеп, өзлери билетуғын нәрсени ислейди. Сонлықтан оқыйды ҳәм өсип барады.
з) тәлим алыўға бейимли.
и) саў ғәрезлилик.
- Тәлим алыў ҳәм раўажланыў – объект
а) Қудайды түсиниў: Ол ким? Ол қандай?
б) мәңгилик байлықты билиў.
в) 2:7 сериясын (ямаса оның эквивалентин) тамамлап, барлық дисциплиналар бойынша ис тутады.
г) аятлар ядлайды – ең кем дегенде ҳәптесине 2 аят ядлайды ҳәм жақсы қайталаў системасына ийе.
д) ҳәмме тамырлар (ҳәр күни Мухаддес Китапты оқыў, сыйыныў, дуўа етиў, қурбанлық бериў, хызмет, Хош Хабар айтыў, қулақ асыў ҳәм т.
б.) ҳәрекет етиўин бақлап барады. Өз Тимофейиңизге тамырлар бойынша күшли исенимди раўажландырып барыўға жәрдем бериң.
е) руўхый қәлиплесиў: өз Тимофейиңизге Масих ким екенин ҳәм Қудай ишки өмирди қалай жаңалай алатуғынын терең түсиниўге жәрдем бериң.
ж) минез-қулықты раўажландырыў ҳәм тәлим алыў (treeroots.info да минез-қулық бойынша бөлимди көриң)
з) командалық ис – оған сизиң командаңыздың бир бөлеги сыпатында жақсы ислеўге жәрдем бериң
и) оған басқалар менен қарым-қатнас қылыў ҳәм басқаларға хызмет қылыў бойынша Масихқа уқсап, өсип барыў ушын жәрдем бериң
- Оқыў ҳәм раўажланыў – мыналар сыяқлы болады:
а) дуўа етиў, дуўа етиў ҳәм дуўа етиў; егер усы барлық ҳәрекетлерде Қудай болмаса, ҳеш нәрсе жүз бермейди.
б) оларды ойланыўға мәжбүр етиң – тонна сораўлар бериң. Олар Мухаддес Китап бойынша ойлап атыр ма?
в) бирге ўақыт өткизиң – көплеген ҳақыйқаттан әҳмийетли нәрселер айтылғаннан гөре, тезирек түсиниледи. Сизиң мысалыңызда үйрениўге барынша көп мүмкиншилик бериң. Мысалы: мынадай сораўларды бериң: «Сен нени байқадың?», «Не жақсы өтти?», «Нени жақсы ислеўге болар еди?», «Биз бул жерде нени үйрене аламыз?»
г) ўақтыңызды Қудайдың сөзи ҳәм дуўа етиў менен өткизиң.
д) тапсырмалар бериң – тамырлар, минез-қулық, хожалық, қарым-қатнас, хызмет тәжирийбеси.
е) биргеликте жобаластырың, бирге дуўа етиң.
ж) биргеликте баҳалаң.
з) олар қалай ислейтуғынын бақлаң – сораўлар бериң: «Сениң мақсетиң қандай?», «Не ушын анық усы?»
и) оларға өз бетинше ислеў ушын тапсырмалар бериң
к) жәмәәтлер еки нәрсени көбейтиўи ушын, көп түсиниўи ҳәм дөретиўшилик идеяларды излеўи керек болады:
1) исениўшилердиң Масихқа уқсап, өзгерип барыўы ушын мүмкиншиликлер ҳәм
2) исенбейтуғынлар ушын Хош Хабарды еситиў ҳәм түсиниў мүмкиншилигин көбейтиў
4) Киши топарлардың жетекшилерин қалай оқытыў кереклиги бойынша мысаллар
а) киши топарларды басқарыў принциплерин ҳәм усылларын үйретиў:
* табыў, түсиниў ҳәм қолланыў ушын сораўлар бериў шеберлиги
* қарым-қатнасқа байланыслы мақсетлер – топарда сыпатлы түрде қарым-қатнас
* жетекшилик функциялары – топарды дурыс басқарыў
б) егер жетекши бурын топардың ағзасы болса:
* сол топардың ҳәм сол жетекшиниң ҳәлсиз ҳәм күшли тәреплерин баҳалаў
в) егер жетекши 2:7 топарында болған болса:
* оған сиз басқарған топарда ямаса 2:7 ниң жақсы жетекши басқарған топарында болыўға
мүмкиншилик жаратың, буннан соң, оған тонналап сораў бериң
г) 2:7 ниң биринши дәрежели мақсетлерине шолыў жасаў
* өсиў, Масихқа уқсап, өзгерип баратырған өмир
* руўхый тамырлардың раўажланыўы – әдетлер
* руўхый қайта өсириў
д) топарды ўақты-ўақты барып көрип турың
* биргеликте баҳалаў өткизиң .