Жойтылған ул ҳаққында тымсал
АДАСҚАН, яғный ЖОЙТЫЛҒАН
Лука 15:11-32
Мухаддес Китаптағы ең белгили тымсаллардың бири.
Чарлз Дикенс буны ең жақсы жазылған тымсал деп атап өтеди.
Келиңлер, буннан қаншелли мәнилерди шығара алатуғынымызды көрейик.
Генже улдан баслаймыз.
Ол қандай қәте ис-ҳәрекет етти?
Жүдә көп.
12 Олардың генжетайы әкесине:
– Әке, мал-мүлкиңниң маған тийисли бөлегин бер, – депти.
Басқа сөз бенен айтқанда ол былай деп атыр:
Әке, мен сизиң өлиўиңизди қәлеймен, сонда мен өзиме тийисли мал-мүлкимди ала аламан.
Бул ашшы сөзлер.
Мен сизиң өлгениңизди қәлеймен.
13 Бир неше күн өткеннен соң,
Киши ул ҲӘЗИР шаңарақтан узаққа кетиўди қәлеп атыр.
13 Ол қаяққа кетип баратыр?
Узақ елге –
Басқа сөз бенен айтқанда, яҳудий емес халықлардың елиниң бирине.
13 Узақ елге кетип қалыпты. Ол жерде бузық жолға түсип, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти.
Солай етип, келиңлер буны туўры қарап шығайық.
Ол өз шаңарағын, өз елин ҳәм өз исенимин таслап, жүз бурып атыр.
Ол булардың ҳәммесинен ТЕЗ жүз бурып атыр.
13-аяттың екинши бөлиминде: Ол жерде…, мал-мүлкин жөнсиз сарп етипти, яғный ол мал-мүлин ойсыз сарплап таслады.
30-аятта оның бузық ҳаялларға сарплағанын айтады.
Оның усындай өмир тәризиниң барысында пуллары не нәрсеге жетеди?
14 Жигит ҳәммесин сарп етип болғаннан соң,…
Ол барлық мал-мүлкин самалға суўырғандай етип жоқ қылды.
Ол барып, сол елдиң бир турғынына жалланыпты. Ал ол адам жигитти даласындағы шошқаларды бағыўға жиберген жоқ па?
Шошқалар ма?
Яҳудийлер ушын шошқа ҳарам ҳайўанлардың ишиндеги ең жаман ҳайўан есапланады.
Қудайдан узақласқанымызда бизлер қанша тереңликке қулаймыз?
Қорқынышлы туңғыйыққа қарай.
Бирақ генже ул ҳаққындағы ўақыяда не нәрсе жоқ екенин байқадыңыз ба?
15-бапта 3 тымсал бар.
Биринши тымсал – жойтылған қой ҳаққында.
4 Бир қой жойтылады ҳәм жойтқан адам оны излейди.
Екинши тымсал – жойтылған гүмис теңге ҳаққында.
8 Бир гүмис теңге жойтылады ҳәм теңгени жойтқан адам оны излейди.
Үшинши тымсал – усы жойтылған ул ҳаққында.
13 үлкен ул, яғный әжағасы киши ул болған инисине: тоқта, тоқта, бундай қылма, – деп жалыныпты.
Тилекке қарсы, 13-аятта усылай айтылмаған.
Үлкен ул иниси үйден кетип баратырғанда, оның изинен бармады да, ҳәттеки, ол инисине ҳеш нәрсе де айтпады.
Үлкен ул инисиниң үйден кетип баратырғанын билмеўи мүмкин бе? Яқ, ондай болыўы мүмкин емес.
Әке киши улының мал-мүлкин бериў ушын көп жерди ямаса малларды сатыўы керек еди.
Усындай жағдайда шаңарағыңыз да, аўылыңыздың адамлары да хабарсыз қалыўы мүмкин емес.
Үлкен ул буннан хабары бар еди.
Үлкен ул ҳеш нәрсе қылмады.
Буны өзиме байланыслы қылсам жүдә аўыр болады.
Себеби
Егер мен сол киши ул сыяқлы азғантай болса да ҳәрекет етип басласам
Онда маған не жүз беретуғынын анық билемен.
Әжапам мени кери қайтарып, дийўалға тақап қойып, көзи оттай жанып, маған былай деп бақырған болар еди: «Егер шаңараққа қайтпасаң, сениң баўырыңды еземен».
Ол не ушын маған усылай сөйлеседи?
Буның себеби ол мени жақсы көреди.
Мен оның мени жақсы көретуғынын билемен.
Бүгинликте мениң баўырым пүтин
өйткени ол баўырымды еземен деп қорқытқанда,
Мен ишке кирдим.
Дәрҳәл.
Қорқып ҳәм қалтырап.
Бирақ үлкен улдың үнсизлиги кәр сақаўлық ҳәм қайғылы.
Бир себеп пенен иниң үйден кетиўди қәлеген ўақыт сизде де жүз берген болған болыўы мүмкин.
Үлкен улдың сүйиспеншилиги болмағаны ма?
Жақсы,
Киши ул қандай дурыс ис қылған еди?
17 Ол өзине келди
мине, усы сөз усы аяттағы киши улға тийисли ең баслы мазмун болып есапланады.
18 Қой, әкеме барайын, оған айтайын: «Әке, мен Қудайға ҳәм саған қарсы гүна иследим.
(басқа сөз бенен айтқанда, ол Қудайға қарсы гүна қылды)
19 Енди сениң балаң деп аталыўға ылайықлы емеспен.
Бул ҳақыйқый тәўбе қылыў деп аталады.
Ол гүна иследим, гүна қылдым деп айтып атыр.
Ол өз гүнасына жуўапкершилик алып,
әкесиниң мийриминиң алдында жығылып атыр.
20б Әкеси жуўырып барып, кеширип ҳәм жарасыў ушын улын қушақлап сүйе баслапты.
Киши улдан бизлер қандай сабақлар алыўымызға болады?
Еки сабақ:
1-сабақ
Егер сиз киши ул сыяқлы ис-ҳәрекет етсеңиз, Қудай сизиң қайтып келиўиңизди күтип атырғанын түсинип атырсыз ба?
Сиз усы баптағы қуўаныштан қуўанышты көрип турсыз ба?
5-аяттағы жойтылған қой
9-аятта жойтылған гүмис теңге
ҳәм Қудайды сүўретлейтуғын әкениң қуўанышы?
Қудай сизди кешире алмайтуғындай қандай да бир жаман нәрсе қылдым деп ойлап атырсыз ба?
Киши улдың гүнасының түсиндирмесине ҳәм әкениң дәрҳәл кеширим бериўине және бир мәрте қарап шығың.
Егер сиз генже улдың гүнадан жүз бурып ҳәм гүнасының кеширилиўи ушын Қудайға келгениндей, сиз де сондай қылсаңыз, сизди кеширим күтип турыпты.
2-сабақ
Дүнья жүзиндеги орта мектептен кейин, жас өспиримлердиң жәмәәтлерден кетиў пайызына қараң.
Орта мектепти питкерип 5 жылдан кейин жәмәәт балалары қаяққа кетти?
Базы мағлыўматлар бойынша 70 пайызы жәмәәттен кеткен.
Олардың көпшилиги жәмәәтке ҳеш қашан қайтып келмеген.
Олардың барлығында да кишкене улдың көз қарасы жоқ.
Бирақ олар қандай да дәрежеде кишкене улға уқсап кетеди, себеби олар шаңарақ пенен бирге сыйыныўдан ҳәм айтарлықтай Қудайдан да кетти.
Бул жүдә кең ҳәм үлкен машқала.
Және де, ҳәр биримиз сол жас туўысқанларды Ийемизге қайтарып алып келиўге жәрдем беретуғын руўхый гүресиўшилердиң биримиз.
Жаслар ҳәм жаслардың жетекшилери ушын ҳәммемиз ҳәр күни дуўа етиўимиз кереклигин көрип турған шығармыз?
Бул уллы хызмет болады.
СС муғаллимлердиң ҳәм жасларда жумысшыларды көтериў ушын масийхыйлық лагерьлердиң әҳмийетлилигин көрип турыппыз ба?
Ҳәттеки, егер сизде балалар ямаса ақлықлар жоқ болса да, балаларды сүйиў ҳәм оларға Масийхқа уқсас болып, үлги болыў жуўапкершилигиңизди көрип турсыз ба?
Ҳәр биримиз, ҳәммемиз келеси әўладқа масийхыйлықты өткериўимиз тийис.
Сизиң дуўа ететуғын дизимиңизде ким бар екенин билмеймен, бирақ мениң дуўа етиў дизимимде ата-аналары мениң досларым болған руўхый жолдан адасқан 20 баланың атларын санап бере аламан.
Сол шаңарақлар менен бирге болған ўақтымда, сол балаларды жақсы көриў биринши орында турады.
Масийхыйлар!
Сол балалардың Қудай Ийеге қайтып келиўи ушын, оларды сүйип, дуўа етиў бизлердиң шақырығымыз.
Киши ул ушын сондай көп нәрселер қылыў керек.
Әке туўрысында не айтсақ болады?
Әке қандай дурыс ис қылды?
Жетерли түрде көп.
Генже улы ушын мыналарды қылды:
- Биринши әсирде яҳудийлердиң дәстүри бойынша ул әкесинен өз мал-мүлкин бериўди сораўы шерменделик болып, әке ондай улының жүзине шапалақ пенен урып, кейин мәңгиге үйинен қуўып жиберетуғын еди.
Ҳеш қандай шарасы жоқ, милиция оны айыбы ушын айыплайтуғыны анық.
Ол шарасыз қалды.
Римлилерге жазылған хат 1-бабында, бизлер төменге, гүнаға қарай бағытланып кетсек, Қудай буған жол қоятуғынын айтады. Ол бизлерди гүнаға тапсырады.
Бул ўақыядағы әкениң ис-ҳәрекети усыннан ибарат.
- Әке мал-мүлкиниң үштен бир бөлегин жоқ қылыўы керек, сонда улы өз мийрасын ала алатуғын еди.
Әкениң бундай қылыўы шерменделик ҳәм уят еди.
Усындай үлкен сатыўшылықты сыр тутып болмас еди.
Пүткил қала халқы буны билетуғын еди.
- 20-аят: Ол еле узақта киятырғанда, әкеси улын көрип,…
Оның әкеси баласының үйге қайтып келетуғын күнди қатты күтип, сағынып атырған еди.
- 20-аят: Әкеси жуўырып барып,.. деп айтылады.
Жақын шығыста жасы үлкен адам жуўырмайды.
Бул бийабырайлық болады.
Оннан қала берсе, ер адам аяғын ашып көрсетиў шерменделик болған.
Бирақ жасы үлкен адам жуўырыў ушын шапанының етегин түриўи керек еди.
Бул әке бундай хорлықты көтериўге дейин барады.
- Ол не ушын баласына басқалардан бурын барыўды қәледи?
Өйткени пүткил қала халқы усы адасқан ул ҳаққында билетуғын еди ҳәм оны қатты масқара қылыўы мүмкин еди.
Усындай жол тутыў сол қала ушын улыўмалық дәстүрий әдет еди. Әке улының сол шерменделикти басынан кешириўин қәлемеген еди.
20-аят: улын дәрҳәл қабыллап ҳәм кеширип сүйе баслапты.
Және бир таң қаларлық ўақыя болды.
Себеби дәстүрий әдет бойынша егер усындай жағдай жүз берсе, әке улының бир қанша ўақыт азап шегиўине жол қойыўы керек еди.
Бирақ бул әке ондай қылмады.
- Әке ол ушын үлкен зыяпат береди.
Үлкен ул не қылып атырған еди?
Әке үлкен улы ушын қандай дурыс қатнаста болды?
28 Үлкен улы ашыўланып, үйге киргиси келмепти. Сонда әкеси сыртқа шығып, оннан ишке кириўди өтинипти.
Соның ушын, әке сыртқа шыққан еди.
Кеширерсиз,
Әке байрамды басқарататуғын сол зыяпаттың хожайыны еди.
Бирақ үлкен ул әкесиниң сыртқа шығыўын мәжбүрледи ме?
I әсирде яҳудийлердиң дәстүри бойынша бул таң қаларлық ис-ҳәрекет еди. Бул ушын халық алдында урыў орынлы болатуғын еди.
Әке шерменделикке итибар да бермеди.
29 Бирақ ол әкесине былай депти:
Деген менен, бул аўдармада жумсақ түрде жазылған.
Сөзбе-сөз үлкен ул былай дейди: сен мени тыңла.
Әкеге болған ҳүрмет қаяқта?
Бул уллар әкесин қалай қыйнағанын көриңлер.
Оның улларының ҳеш қайсысы, ҳеш қайсысы әкесин жақсы көрмеди.
Улларының усындай болыўының себеби әке қандай қәте ис-ҳәрекет қылған еди?
Әке қандай қәте ис-ҳәрекет етти?
Ҳеш қандай қәтеге жол қоймаған еди.
Биреў усы тымсалды «Ысырапшыл ул буны түсинбеди», деп атаған еди.
Еки ул да жолдан адасқан еди – бирақ екеўиниң жоллары басқа басқа.
Усы тымсалдағы әке бизлер ушын қандай сабақ береди?
Еки сабақ:
1-сабақ
Масийхый ата-аналардың перзентлери ҳаққында налыйтуғынын көп еситемиз. Соған уқсаған жолдан адасқан перзентлери болса, сол ата-аналар қандай қәтеге жол қойған екен?
Егер сиз меннен сол ата-аналар қай жерде қәтеге жол қойды, деп сорасаңыз, мен ҳеш нәрсе ойлап таба алмайман.
Олар жыллар даўамында Жаратқан Ийе менен бирге уллы жолларды басып өткен.
Бүгин олар айтарлықтай қыйналып атыр.
Ҳәзирдиң өзинде Ҳикметлер 22:6-аятты ортаға қойып, олар бир жерде қәтеге жол қойған болыўы керек, деп айтсақ, азғырылыў болыўы мүмкин.
Баланы жастан туўры жолға сал,
Ол қартайғанда да оннан таймайды.
Усы аят бизлерге туўры жолдан шығып кеткен балалары бар масийхый ата-аналар қәтеге жол қойған, деп айтып атыр ма?
Ямаса ысырапшыл улы бар сол әке қәтеге жол қойған ба еди?
Еки сораўға да – яқ.
Яқ, деген жуўапқа 2 себеп.
1-себеп: бул аят қай жерде жазылған?
Ҳикметлер китабынан.
Ҳикмет деген не?
Сөзликтиң ишинен «Ҳикмет» сөзине қараң.
Ҳикмет – бул улыўмалық принцип ямаса мәсләҳәттиң бир бөлеги.
Ҳикмет кепиллик бермейди.
Бул аят перзентлериңиздиң Қудайдың жолында беккем турады, деп кепиллик бермейди.
2-себеп: аятқа дыққат аўдарың.
Бунда ол қартайғанда да оннан таймайды, деп айтады. Буның мәниси: перзентлериң қартаймастан алдын, Қудайдың жолында жүрген ўақтынан алдын гүнаға қулаўы да мүмкин.
Солай етип, перзентлериниң таңлаған жоллары ушын өзлериниң маңлайына урып, өкинип отырған ата-аналарға: перзентлериңиздиң бүгинги өмириниң бап ҳәм аятлары кеўилсизлик болыўы мүмкин, ал кейинги өмириниң баплары көбирек жигерлендиретуғын болыўы мүмкин.
Және бир нәрсени есапқа алың:
ысырапкер ул ҳаққында тымсалдағы бул әке Қудайды сүўретлейди.
Туўры жолдан азғырылған ҳәр бир балалар себепли ондағы барлық кеўилсизлик ҳаққында ойлаң.
Ол буның менен шуғылланыўы керек.
Ол бундай езилген түскинликти қалай жеңе алады?
Ата-аналар, сиз буны түсиндиңиз бе? Перзентлериңиз ушын сиз бенен байланыса алатуғын Қудайға дад салғаныңызда, Ол сизиң басыңыздан не кеширип атырғаныңызды толық биледи.
Мен сол жерде болдым.
Сол жолдың ҳәр бир қәдеминде сизди жубатыўға, жол-жорық көрсетиўге ҳәм жигерлендириўге усы жердемен.
2-сабақ
Мүмкин, Қудай сизиң пикириңизди өзгертиўи керек шығар.
Дүнья Оны бурмалаўға ҳәм бузыўға шебер болып кеткен.
Усы тымсал Оның минези ҳаққында не үйрететуғынына қараңлар.
Қарсы алдымызда усы әке Қудайды төмендегише сүўретлейди:
Шәртсиз сүйиспеншиликли
Кеширим бериўши
Сақый
Дана
Мийримли ҳәм қуўанышлы.
Ол сиз бенен қарым-қатнаста болыўды қәлейди.
Ол сиз бенен қарым-қатнаста болыў ушын шегарадан шығып кетеди.
«Сиз ҳаққындағы ең әҳмийетли нәрселердиң бири – бул сизиң Қудайды түсиниўиңиз».
Қудай бизлерге узақтан қарап турған жоқ.
Бизлер ҳәр сапары гүна ислегенимизде, Қудай бизлерди урыў ушын қолына шөккиш алып, аспанға сүйенип күтип турған жоқ.
Мине, сизлерге әке деген, ол ушын көп нәрсе.
Келиңлер, үлкен ул ҳаққында көрип шығайық.
Ол ҳаққында сиз не үйрендиңиз?
Иниси үйден шығып кеткенде, оның үндемей қалғанын әлле қашан көрдик.
Ал енди сол иниси үйге қайтып келгенде, ол қуўанбады.
Және де, онда әкесине деген сүйиспеншилик те жоқ.
Сен, мени тыңла! Бул жерде ҳүрметтиң белгиси де жоқ. Әкеси менен сондай қопал жол менен сөйлесип атыр ма?
29 Бирақ ол әкесине былай депти:
– Мине, мени тыңла мен саған неше жылдан бери хызмет етип киятырман, ҳеш қашан сениң буйрығыңа қарсы шыққан емеспен. Бирақ досларым менен ўақты хошлық етиўим ушын, сен маған бир ылақ та берген жоқсаң.
Буның қысқарған версиясы мынадай: СИЗ МАҒАН ҚАРЫЗДАРСЫЗ, Әке.
Узақ ўақыт СИЗ МАҒАН ҚАРЫЗДАРСЫЗ.
Түсиндиңиз бе әке, мен минсизбен, сиз ондай емессиз.
Айтпақшы, әке не ушын үлкен улына ескертпей турып зыяпат шөлкемлестирип жиберди? Себеби әке ойыншық емес. Ол киши улы кетейин деп атырғанда, үлкен улының инисине ҳеш нәрсе айтпағанын биледи.
Ол киши улын жолдан қайтарыў ушын ағасы оның изинен бармағанын да биледи.
Бирақ сиз үлкен улдың өмиринен айтылмаған бир нәрсени байқадыңыз ба? Жаўып таслаў жоқ. Үлкен ул зыяпатқа кирди ме ямаса кирмеди ме? Ийса не ушын бизлерге илдириўли етип қалдырды?
Жақсы, Ийса усы тымсалды бөлискен ўақыттағы тыңлаўшыларға итибар қаратайық.
Бул тымсал сол тыңлаўшыларға өзиңизди көриң ҳәм тәўбе қылың, деп шақырып атыр.
Үлкен ул сыяқлы, олардың итибары тек ғана өзлериниң жумыслары болып қалған. Олар өзлериниң қатал қағыйдаларына бойсыныўына тийкарланып, Қудай оларға қарыздар ҳәм аспанға киргизиўи керек, деп ойлайтуғын еди.
Олар өзлериниң ийги ислери аспанға апармайтуғынын түсинбейди.
Олар өзлериниң гүнакарлығын көриўи керек еди.
Олардың мүтәжлиги гүнадан жүз бурып, тәўбе етиўи керек.
Усы тымсалды жуўмақлаў ушын топ енди олардың қолында еди.
Бул тымсал оларға ҳәм бизлерге гүнадан жүз бурыў ушын ҳәм Ийсаның изине ериў ушын айтылған усыныс еди.
Бул ўақыя бизлерге фарисейлердиң көпшилик бөлеги Ийсаның усынысын қабылламағанын айтады.
Сиз қабыллайсыз ба?
Үлкен ул арқалы өзлеримизге қандай сабақ аламыз?
Базы масийхыйлар инисин шетке ысырып қойған үлкен улдың минезмелесине ийе.
Сиз не иследиңиз?
Сиз одан да жақсырақ билмейсиз бе?
Не ушын меннен басқаша болып кийинесең?
Не ушын әпиўайы ғана маған уқсамадың?
Гүресшилердиң улыўма шыдамлылығы.
Өзлеринен гөре гүналары узақ ўақыт жаңаланғанлардың улыўма шыдамлылығы.
Кишкене ул соққы жейтуғын жәмәәтке не ушын қайтып келиўди қәлейди? Жәмәәт өсиўди қәлейтуғынлардың ҳәммесин азықландырып, өсиретуғын бағлы үй болыўы керек емес пе?
Жәмәәт ҳәмме кире алатуғын ҳәм Масийхқа уқсатып өсиретуғын гүнакарларға арналған емлеўхана болыўы керек емес пе?
Ийса гүнакарлардың досты болыў репутациясына, яғный абырайға ийе болды.
Ол ҳеш қашан бул репутациядан бас тартпады.
Сиз усы гүнакарлар менен дос болыў репутациясын қабыллайсыз ба?
Жәмәәт ҳәмме ушын мийрим деген жағдайды туўдырып бериўи керек емес пе?
2-сабақ
Бул сизди ийтермелеўи мүмкин.
«Сен маған қарыздарсаң» деген көз қарас ҳәр бир исениўшиниң өмирине сиңип кетиўи мүмкин.
Бизлер Жаратқан Ийе менен бирге жүрип киятырмыз
Мухаддес Китапты оқыймыз
гүналарымыз ушын тәўбе қыламыз
дуўа етип, хызмет етемиз
ҳәм тағы, тағы басқа.
Және қайғылы апат, соққы жеп үмитсизликке түскен ўақтымызда қандай жағдайда боламыз?
Қудай, Сен буннан гөре қандай да жақсырақ нәрсеге қарыздар емессең бе?
Бизлер бойсынып жасаўымыз арқалы Сениң жарылқаўыңа ийе болыўымыз керек емес пе?
Жылына бир неше мәрте мен жақсы досларым менен ўақыт өткердим. Жыллар даўамында сол күйеўи ҳәм ҳаялы Жаратқан Ийе менен бирге жасап киятыр еди. Хош Хабар жәриялаўға инталы. Жәмәәтинде болса жетекши еди.
Шама менен 10 жыл алдын ол инсульт болған еди.
Ол инсульттан улыўма тәўир болмады.
10 жыл даўамында ол майыплар коляскасында отырып қалды.
Мениң тилим бул сөзлерди сөйлей алады,
бирақ басым буларды түсине алмайды ҳәм мениң көзлерим көрип турғанына исене алмайды.
Түсиниўди қәлеп турғаныма өзим исенимли де емеспен.
10 жыл даўамында майыплар коляскасында ма?
Олар қандай да жақсырақ нәрсеге ылайықлы емес пе еди?
Қудай, Сен оларға буннан гөре жақсырақ қандай бир нәрсе қылыўға мәжбүр емессең бе?
Ҳақыйқатшыл бол
Сиз өзиңиздиң «не ушын?» деген сораўыңыз бенен азғырылыўға түстиңиз.
Сиз Ийе менен салдамлы түрде бирге болыўды шештиңиз
Жәмәәтиңизде ағзасы сыпатында өз ўазыўпаңызды орынлайсыз.
Сонда не ушын сизиң шаңарағыңызда таўсылмайтуғын шийеленисиўлер бар?
Не ушын қорқынышлы баслық?
Не ушын ден саўлық машқаласы бар?
Не ушын қаржы мәселесинен тарығасыз?
Не ушын, не ушын, не ушын?
Қудай сиз ушын одан да жақсырақ нәрселер бериўге мәжбүр емес пе?
Исениўши болыў өзиңиз күткеннен гөре қатаңырақ шығар.
«Не ушын» деп сораў қойыў надурыс шығар.
«Ким» деген сораўға өзгертиўге ҳәрекет етиң.
Мениң достымды 10 жыл даўамында майыплар коляскасында отырыўына КИМ жол қойды?
Шаңарағыңыздағы шийленисиўге, дозақтан келген басшыға ҳәм машинаның бузыла бериўине, улыўма өмириңиздеги өзиңизге унамайтуғын ҳәмме нәрсеге КИМ жол қойды?
Толық даналық, Қудайды сүй.
Юхан 17:23 Мен оларда, Сен Мендесең. Мени Сениң жибергениңди, сондай-ақ Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды дүнья билиўи ушын, олар да бир тутас болсын.
Сениң Мени сүйетуғының сыяқлы, оларды да сүйетуғыныңды – деген сөзлерге тоқтап өтемиз.
Әке Ийсаны сүйгени сыяқлы, сизди де сүйди.
Қудай Ийсаны қаншелли сүйсе, сизди де соншелли сүйеди.
Таң қаларлық аят. Таң қаларлық.
Бул мени өз жолымда тоқтатыўға мәжбүрлейди.
Мени елпиген самал соққылайды.
Қудай Ийса Масийхты қаншелли сүйсе, МЕНИ де соншелли сүйе ме?
Қудай Ийса Масийхты қаншелли сүйсе, СИЗДИ де соншелли сүйе ме?
Масийхыйлардың өмири усы аяттан гөре жақсырақ болмайды.
Қудайдан буннан да көп сүйиспеншилик алыў мүмкин емес.
Соның ушын да, бул аят үзликсиз еслетип турыўы ушын, мениң столымның үстиндеги пластик ыдыста қыстырыўлы турыпты.
«Исениўшилердиң өмиринде жүз берип атырған ҳәр бир нәрсе усы сүйиспеншиликтиң арқасында болып атыр».
Ҳәр бир нәрсе.
Бизлердиң Қудайға деген үмитимиз жоғалады
Бизлер дем аламыз,
Бизлер исенемиз.
Бизлер қуўанамыз
Бизлер тынышлықта боламыз
үлкен улдың минезлемеси бизлерде болмағанына қуўанамыз.
Қудай бизлерди алдаған жоқ.
Базы машқалаларға түскенимизде, Қудай бизлерди умытқан жоқ.
Қудайдың сүйиспеншилиги бизлерди қараңғы күнлерден алып шығыў ушын, жақсылық қылады.
Ким жоқарыда турыпты?
Әке.
Оның сүйиспеншилиги шәрт талап қылмайды.
Оған қарсы көтерилгенге, Ол сабырлы.
Кешириў мүмкиншилигине ийе болғанына шадланады.
Қарым-қатнас қылыўға асығады, сағынады.
Ол иләжи болса барлық мүмкиншиликлерден қолланады.
Бизлер менен қарым-қатнасқа ийе болыў ушын көп нәрселерге шыдаўға тайын.
Сиз Оны таныйсыз ба?
Сиз Ол ислегени сыяқлы кишкене улларды ҳәм үлкен улларды шыпалаўды қәлейсиз бе?