Топырақлар
Өзгерислер ўақты, үлкен өзгерислер ўақты, дейди Ийса Матта жазған Хош Хабар китабында. Оның хызметиндеги анағурлым өзгерислер ўақты. Пүткил Мухаддес Китапта айтарлықтай өзгерислер ўақты. Дүньяжүзлик тарийхқа тәсир жасайтуғын ҳәм саған да, маған да 21 әсирде тәсир жасайтуғын өзгерислер.
Биз усы көрнекли ўақыяны қарап шығыўдан алдын, өзимиздиң Қудайдан ғәрезли екенимизди тән алып, Оннан үйретиўди сораймыз.
«Аспандағы Әкемиз! Сениң китабыңды үйрениў нийетинде бизлерге Өзиң берген усы мүмкиншилик ушын, Саған миннетдармыз. Илтимас, бизлердиң Устазымыз бол. Көзлеримизди аш. Өзлеримиз үйренип атырған нәрселерге сай ҳәрекет етиў ушын, бизлерге жәрдем бер. Ийсаның аты менен, аўмийин».
Матта 13:1-3
Сол күни Ийса үйден шығып, көлдиң жағасына барып отырды. Оның жанына жүдә көп халық жыйналғанлықтан, Ол қайыққа минип отырды, ал халық жағада турды. Ол тымсаллар менен оларға көп нәрселерди айтты.
Сизлерди билмедим, бирақ мен ушын тымсаллар менен тәлим бериў идеясының өзин улыўма қабыл етиў жүдә қыйын болды. Жақсы муғаллим болыў – бул талабалар сизиң оларға жеткизбекши болған нәрселерди түсиниў ушын анық ҳәм түсиникли қылып тәлим бериў дегенди аңлатады. Бирақ тымсаллар анық емес, оны тыңлағанлар өзлерине түсиндирилгенше мәнисин түсинбеўи ушын, арнаўлы түрде дүзилген. Солай етип, Ийса – дүнья тарийхындағы ең уллы Устаз ҳәм Ол Өз хызметиниң усы дәўиринде тымсалларды қоллана баслаған еди. Уллы тәлиймат усы ма?
Не болып атырғанын түсиниў ҳәм үлкен көринисти көриў ушын, келиңлер, аз-маз кейинге қайтайық.
Пүткил Ески Келисим даўамында Қудай қайта-қайта Масих ямаса Өзи жиберетуғын Майланған Қудайдың адамларын қутқарыў ушын жер бетине келетуғынын ўәде еткен еди. Машиах ямаса Христос (Машиах – еврейше, Христос – грекше) Матта жазған Хош Хабардың биринши бапларында туўылған еди. Оның аты – Ийса.
Маттаның 5-бабынан 7-бабына дейин Ийса таўда ўаз айтады. Бул Оның өмириндеги ең узын сөзлер болып, оларда Ол Өз Патшалығының принциплери туўралы айтады. Ол адам «ҳақыйқый жарылқаў, ҳақыйқый бахыт, ҳақыйқый қуўаныш, ҳақыйқый рәҳәт, Қудайдың ҳақыйқый сыйына» ийе болғанын қәлейди. Бул ўаз бизлер оны қалай алыўымыз кереклиги туўралы.
8-баптан 10-бапқа дейин, бизге Ийса ийе болған ҳуқықлар көрсетилген. Ол барлық аўырыўлар, жинлер ҳәм тәбият үстинен Өз күшин көрсетеди. Қудайдан басқа усындай әжайып бийликке ким ийе болыўы мүмкин?
Бирақ Ол белгили адамға айланып қалмайды. Ол басқарып турған диний адамларға ҳеш унамайды. Оның Матта 11-баптағы жуўабы – бул Өз халқының руўхый бойсынбаўшылығын әшкаралаў. Бирақ Ийса сөзлерин тәўбе етиўге шақырыў менен жуўмақлайды.
Биз Матта 12:14 ге жақынлаған сайын, кескинлик өсип бара береди.
Сонда парисейлер сыртқа шығып, Ийсаны жоқ қылыў туўралы тил бириктире баслады.
Солай етип, Ийсаның тәғдири шешилди. Саатлар ура баслады. Оның күнлери санаўлы еди.
Буған бир қарап көриң! Адам денесинде болған Қудай Қудайдың Патшалығындағы өмир қандай болыўы кереклигин анық айтады. Ол ҳеш ким қарсы пикир айта алмайтуғын сондай толық ҳуқықларды көрсетеди. Солай болса да, буған жуўап – ҚАБЫЛ ЕТПЕЎШИЛИК болды. Диний жетекшилер Оны өлтириўди жобаластырды.
Сиз не екенин билесиз бе? Бул ҳәммеси еди! Ийса буған тойып кетти. Ол яҳудийлерге уллы сүйиспеншилик көрсетти. Ол шыдамлы еди. Он анық еди. Ол Өзи туўралы анық дәлиллерди усынды. Олардың жуўабы толығы менен қарама-қарсы еди.
Матта 13-баптың басында өзгерислер ўақты болады. Оның хызметиндеги үлкен өзгерислер. «Израил, сен Ийса Патшаны қәлемейсең ҳәм сонлықтан сен ҳәзир Патшалықты алмайсаң!»
Мыңлаған жыллар даўамында, Қудайдың жобасы ел арқалы ҳәрекет етиў еди. Дүньяға ерисиў ушын, Израил атлы ел арқалы ҳәрекет етиў еди. Бирақ ҳәзир бул жоба ўақытша шетке ысырылып қойылған. Ҳәзир өзгерислер ўақты.
Туўры бизиң көз алдымызда, Матта 13-бапта биз бурын ҳеш қашан көрмеген нәрселер көрине баслайды. Жәмәәт дәўири үстинен перде ашылады. Жәмәәт Ески Келисимде тилге алынған жоқ еди. Бирақ жер бетиндеги Патша ҳәм Оның қабыл етилмеген Майланғаны менен жәмәәт дәўирин қадағалайтуғын айырым тийкарғы ҳақыйқатларды түсиндириў ўақты келди. Бул сиз ҳәм мен жасап атырған дәўир.
Матта 13-бапта Ийса келеси 2000 жылды бағдарлайтуғын тийкарғы принциплерди бере баслайды.
Бул ҳаққында бир сәтке ойланып көриң. Даниелдиң китабы – бул Ески Келисимниң үлкен пайғамбаршылық китабы. Ийса Масихқа дейин 605-жыл менен Масихтың екинши рет келиўи арасында не болатуғынын Даниелдиң китабындағы 1-бабы сөз етеди. Бирақ руўхый титан болған Даниел жәмәәт дәўири туўралы сөз етпейди. Буның орнына, Матта 13-бапта балықшылар топары ҳәм басқа аты аталмаған адамлар буннан бурын тарийхта ҳеш ким еситпегенлерди еситиў бахтына ериседи.
Матта 16-бапта Ийса Өзиниң жаңа жаратылысына «Жәмәәт» деп ат береди. Елшилердиң ислери 2-бапта жәмәәт өз исин рәсмий түрде баслайды. Пүткил Жаңа Келисим даўамында жаңа жәмәәт қандай болыўы кереклиги бойынша жол-жорық бериледи. Жәмәәт дәўири ушын усы тәлийматтың ҳәммеси туўры усы жерде бериледи. Ески Келисим менен Жаңа Келисим арасындағы баслы айырмашылық туўры усы жерде. Израил ели дүньяға Қудайдың нуры, Қудайдың трамплини болыў ушын арналған еди.
«Израил, сен енди аўысықлар отырғышында отырыпсаң, сен шетке ысырылып тасландың, сен жәриймашылар отырғышындасаң, сен ўақты келгенше, шаң басып турсаң». Усы ўақытта Қудай «Жәмәәт» деп аталған дүньядағы жаңа шөлкем арқалы ислейди. Масихтың избасарлары бүгин мәжилисхананың орнына жәмәәтке барады. Бул Матта 13-бапта басланғаны себепли болды.
Мийрим әжайып ҳәм күшли. Бул бизлер қатты қәлеўимиз керек болған нәрсе. Бирақ мийрим мәңгиликке қол жетер болмайды.
Матта 13-бапта Қудайдың шыдамы таўысылғаны анық көринеди. Израилға үсти-үстине мийрим усынылған еди. Израил көбинесе мийримди қабыл етпеди. Енди мийрим оннан тартып алынды.
Туўры усы жерде бизиң ҳәммемиз ушын ескертиў бар. Биз де Қудайдың бизге айтқанын узақ ўақыт даўамында қабыл етпеўимиз мүмкин. Сонда биз де мийримнен айырылып қалыўымыз мүмкин. Ҳәзир мүмкиншилик бар ўақытта, Қудайға «яқшы» дең.
Тек енди ғана Ийсаның тымсалларды қолланғаны түсиникли болмақта. Оның тыңлаўшыларына әлле қашан жетерли ҳақыйқат усынылған еди. Олар ҳеш қайсысын да қабыл етпеди. Сонлықтан Ол оларға енди ҳеш нәрсе бермейди. Қандай қорқынышлы. Бирақ бул ҳақыйқат. Аўа, Оның садық избасарларына тымсаллар түсиндириледи. Бирақ исенбейтуғынларға түсиндирилмейди.
Солай етип, Ол Матта 13-бапта қандай тийкарғы ҳақыйқатларды береди? Ҳәзир биз 4 түрли топырақты қарап шығамыз. Бирақ дәслеп пүткил бапты өзлериңиз оқып шығың ҳәм сонда бүгин өзиңиз ушын еле де көбирек тийкарғы ҳақыйқатларды ашасыз.
Келиңлер, усы төрт түрли топырақты бирме-бир қарап шығайық:
- 1-топырақ. Матта 13:3б-4
Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
Мен шопан болғанымда, жәмәәтимниң ағзалары маған үзликсиз келип, өз зайыпларына, досларына, қоңсыларына гүўалық бериўди өтинетуғын еди. Егер бул мүмкин болса, мен былай деп жуўап беретуғын едим: «Буны өзлериңиз ислеңлер. Сизлер шәкирт болдыңыз, жақсы оқыдыңыз, аят ядладыңыз, исенимиңиз туўралы айтыўды көп мәртебе қайталадыңыз. Енди сизлер ушын суўға секирип, жүзиў ўақты, яғный өзлериңиз гүўалық беретуғын ўақыт келди».
Мен олар менен былай келистим: мен дуўа етемен, олар өз исеними туўралы айтады ҳәм кейин бизлер биргеликте талқылаймыз.
Усыған байланыслы бир нәрсе туўралы айтып өтейин. Масихый өмирдиң басында мен жәмәәтке барыўдан қашатуғын едим. Буның себеплериниң бири шопан бизлерге жәмәәтке досларды әкелиў кереклигин айтатуғын еди. Бул шопанның оларды Масихқа әкелиўи ушын еди.
Ҳәлсиз жәмәәтке ийе болып, шопанның Хош Хабар айтыўына қарап отырыў қандай әжайып усыл! Мениң масихый өмиримниң әҳмийетли ўақыяларының бири – бул мен жәмәәтти таслап кеткен күн болды. Мен басқа жәмәәтке кеттим. Ол жерде шопан Хош Хабарды тарқатыўды өз ўазыйпасы деп түсинди. Оның жәмәәти тез-тез өсип бара берди. Бул таң қаларлық нәрсе емес. Бирақ өз исимизге қайтайық.
Солай етип, мен шопан болған жәмәәттиң адамлары басқаларға гүўалық айтқанда, ислери қалай кетип атыр еди? Бундай жағдайда еки түрли реакция болыўы мүмкин.
1-реакция
Олар я таң қалып, көзлерин қатты ашып, толып-тасып, қуўанышлы түрде қайтқан. Аўа, олар пүткил қутқарылыў жобасын айтып боламан дегенше, неше рет терлеген. Аўа, олардың тиллери зорға айланған. Бирақ олар өзлерин тута алды ҳәм олар жақсы жуўмақлады. Қутқарылмаған адам қызығып, бир неше сораў берди. Олар өз исенимлерин бөлисти. Бул олардың биринши сапары еди! Олар буннан бурын ҳеш қашан өтпеген сызықты өткенин түсинди. Олар бундай мүмкиншилик себепли ҳәўлигип қалған еди. Олар Хош Хабарға айтыўға кирип кеткен еди. Олар буны және бир мәртебе ислеўди қәледи. Олар буны ислей алатуғынын да билди. Әжайып!
Ал 2-реакция қандай болды?
Бул топардың адамларының жүзлеринде күлки болмай, сәтсизликке ушырап қайтып келди. Маған оларды күлдириўге туўры келди. Оларды басқаларға гүўалық айтыўға жиберместен бурын, олар кетпестен алдын, биз олар ушын дуўа етпеген бе едик? Аўа. Олар бармастан бурын, ҳәмме гүналарын мойынлаған ба еди? Аўа. Олар пүткил қутқарылыў жобасын айтып бере алды ма? Аўа. Олар айтқанлар бойынша, сизде қандай да бир өкиниш бар ма? Яқ. Олай болса неге олардың соншелли ийинлери түскен? Бәрқулла бирдей жуўап. Қутқарылмаған адам ҳеш қандай қызығыўшылық көрсетпеди. Қапы жабылып, гәп таўсылып қалды. Ол Масих, Мухаддес Китап ямаса қутқарылыў туўралы ҳеш нәрсе еситкиси келмеди. Солай етип, мениң жәмәәтимниң адамы өзин иси жүриспейтуғын адам деп сезди. Усы себепли, бизиң жәмәәт адамлары исимиз сәтсиз болды, деп ойлады. Олар өзлерин қутқарылмаған адамның терис қараўына себепши болған бир нәрсе ислеген шығармыз, деп ойлады. Бирақ не ислегенин түсине алмады. Енди болса, олар және гүўалыў бериўге бар күши менен бас тартып атырған еди. Бул басқаларға гүўалық бериўши адам биз жаңа ғана оқыған Матта 13:3б-4 теги мына аятларды түсинбегенин билдиреди:
Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
Солай етип, бизде туқым себиўши адам, туқым ҳәм топырақ бар. Туқым себиўши – Ийса (Матта 13:37). Биз Оған бойсынған ҳалда себемиз. Туқым – бул сөз (13:19). Топырақ – адамның жүреги (13:19).
Бул жерде туқым тамыр жаймайды ҳәм өспейди. Маттадағы туқым себиўши нени қәте иследи? Егер туқым себиўши топырақтан усындай жаман жуўап алған болса, ол мүмкин қандай да бир қәте ислеген болыўы мүмкин, дурыс па? Және мына сөзлерди оқып шығың:
Бир күни туқым себиўши туқым себиўге шығыпты. Ол сепкенде, туқымлардың гейбиреўлери жол шетине түсип, қуслар келип, оларды шоқып жеп қойыпты.
Яқ, ондай емес. Туқым себиўши ҳеш қандай қәте ислеген жоқ. Жаман жуўап алған мениң жәмәәтимниң адамлары да ҳеш қандай қәте ислеген жоқ. Топырақтың соншелли қатты болғанына туқым себиўши айыпкер емес. Айырым жүреклер соншелли қатты болғанына масихыйлар айыплы емес. Базы адамлардың жүреклери сондай жуўапсыз, бийпәрўа ҳәм аўыр болса, бул қайғылы, қапа қылыўшы, кеўил қалдырыўшы ҳәм жағымсыз жағдай. Биреўлердиң жүреклери өз гүнасы себепли айыпты пүткиллей сезбеўи, тәўбе етиўге ҳеш қандай қәлеўдиң болмаўы, гүнаға деген ҳеш қандай сезимсиз болыўы бизлерди ҳайран қалдырады.
Бирақ туўры усы жерде бизлер ушын айтылатуғын нәрсе – бул бизиң айыбымыз емес. Пүткил жәмәәт тарийхында усындай жүреклер болады. Буған ҳайран болмаң. Сиз бундай жағдайға дуўшар боласыз. Сиз сәтсизликке ушырамадыңыз.
Есимде бир күни маған гүўалық айтыўға мүмкиншилик туўылған усындай ушырасыўдан соң, мен үйге қайтып келип, ванна ханасына жол алғанымда, сол адам дозаққа баратырғаны себепли ойларымда қайта-қайта өкирип жылай бердим.
Аўа, бизлер өкирип жылаўымыз тийис. Бирақ, не ушын жуўапкершиликке ийе екенимиз, не ушын ийе емес екенлигимизди түсиниў де әҳмийетли. Бизиң жуўапкершилигимиз – Хош Хабардан айтыўдан ибарат. Бирақ бизди тыңлаған адам бизлерге қапыны жаўып таслағаны себепли жуўапкер емеспиз. Сиз усы қатып қалған жүреклерге себепкер емессиз. Биз өз жумысымызды иследик. Солай екен, өз исиңизди таслап қоймаң. Бахтымызға топырақтың ҳәммеси де усындай қатып қалмаған.
2-топырақ.
Матта 13:5-6. Бул жерде қандай жуўап бар?
Гейбиреўлери топырағы аз болған таслаққа түсип, жер терең болмағанлықтан тез көгерип шығыпты. Бирақ күн шыққаннан соң солып, тамырсыз болғанлықтан қуўрап қалыпты.
Бул Хош Хабарды еситип, дәрҳал руўхланатуғын адамлар. Олар бахытлы. Бул Хош Хабарға деген сезимталлық. Сиз олардың реакциясы туўралы ойлағаныңызда, көз алдыңызға фейерверкти келтиресиз. Фейерверк ракеталар сыяқлы ушады, көзди қамастырып жарқырайды, бирақ 60 секундтан соң жоқ болып кетеди. Олар 2-топырақ сыяқлы изсиз жоқ болып кетеди. Бул жерде ҳеш қандай ҳақыйқый тәўбе етиў болмаған. Тек сырты жақсы көринип, иши бос болған. Олар өз үйлерин қумға салған. Ондай үй беккем тура алмады.
Сонда шектен тыс қуўанатуғын, исенимге жақында келгенлер дәрҳал есимизге түседи. Исеним туўралы қатты, шаўқымлы түрде жәриялаў фейерверктей. Бүгинги күни олар Масихты улыўма билмейди. Себеби Қудай оларға өмирлеринде өзлери күткен жеңилликти бермеди. Ҳәммеси көгерип шықты ҳәм ҳәммеси солып қалды. Ҳеш қандай тамырсыз. Ҳеш қандай қутқарылыўсыз.
Биз не ушын жуўапкер екенлигимизди, не ушын жуўапкер емес екенлигимизди түсиниў жүдә әҳмийетли. Бизиң ўазыйпамыз Ийса ҳаққында Хош Хабар айтыў. Егер бизди тыңлаўшы адам фейерверк сыяқлы болса, биз бул ушын жуўапкер емеспиз. Оның жүрек машқалаларына сиз себепши емессиз. Сиз өз жумысыңызды орынладыңыз. Жеңилип қалмаң ҳәм өз исиңизди қалдырып кетпең. Бизге пүткил жәмәәт тарийхында бундай жүреклер болатуғыны айтылады. Ҳайран болмаң. Усындай болады деп күтиң. Сиз усындай жуўаплар аласыз. Бул сизиң сәтсизлигиңиз емес. Алға қарай илгерилең.
Келеси топырақтың ўақты келди.
3-топырақ
Матта 13:7
Гейбиреўлери тикенлер арасына түсипти. Тикенлер өскеннен соң, оларды туншықтырып таслапты.
Оҳ, яқ! Бул адам қутқарылыў бир нәрсеге қосымша емес, ал өзгериў дегенди түсинбеди. Мениң затлар қоятуғын бөлмемде өзим алған саўғалар бар. Олар мениң өмиримниң бир бөлеги болып табыла ма? Аўа! Олар сол жерде шаң басып жатыр. Сол сыяқлы, бир адамлар Ийсаны өз өмирине қабыл етип, Оны шаң бастырып қояды. Олар Ийсаның өзиниң гөне-көкси басқан өмирине қосып қоямыз деп ойлап еди. Яқ! Қутқарылыў – бул өзгериў.
Ҳақыйқый қутқарылыў ҳәзир сизде өмириңиздиң жаңа Менеджери бар екенин аңлатады. Оны ҳәмел, үй, хожалық, жумыс, атақ-абырай ҳәм т. б. менен бөгеп қойыўға болмайды.
Юханның 1-хаты 2:15-16
Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан.
Бул 3-топырақ. Ҳеш қашан мәңги болмайтуғын нәрселер менен Ийсаны басып қойыў.
Солай етип, туқым себиўши айып иследи ме? ЯҚ. Мүмкин, туқым зыянланған шығар? ЯҚ. Бул хат пүткил жәмәәт тарийхында бундай жүреклер болатуғынын айтады. Буған ҳайран болмаң. Сиз бундай нәрсени ушыратасыз. Бул сизиң айыбыңыз емес.
Биз не ушын жуўапкер екенлигимизди, не ушын жуўапкер емеслигимизди түсиниў жүдә әҳмийетли. Бизиң ўазыйпамыз Ийса ҳаққында Хош Хабар айтыў. Бирақ егер тыңлаўшы Ийсаны басып қоятуғын сондай бийтәртип өмир тәризин сүретуғын болса, бул сизиң жуўапкершилигиңизге жатпайды. Сиз оның соншелли аўыр жүрекке ийе екенине себепкер емессиз. Сиз өз исиңизди орынладыңыз. Жеңилмең.
Ал енди жақсы жаңалықларға келдик. Биз буны күткен едик.
4-топырақ – жақсы топырақ.
Матта 13:8
Ал басқалары өнимли жерге түсип, биреўи жүз еседен, биреўи алпыс еседен, биреўи отыз еседен зүрәәт берипти.
Қутқарылыўдың дәлили жемис болып табылады. «Ҳәр қандай жақсы терек көзге көринетуғын, жақсы мийўелер береди». Керекли болған таң қаларлық сан.
Бул топырақ гүна себепли ҳақыйқаттан езилген жүрек болып табылады. Бундай жүрек ҳақыйқаттан тәўбе етеди. Бундай жүрек Масихқа қарай ҳақыйқаттан өзгериўге бағдарланған.
Бизлер ушын жәмәәт тарийхында бир жерлерде жақсы топырақ бар. Оны излеп табыўға умтылыңлар. Бул бизлер бирдей дәрежеде зүрәәт алмайтуғынымыз ҳаққында.
Солай етип, сизде 4 түрли топырақ ҳаққында тымсал бар.
Усы төрт түрли топырақ исениўшиге ҳақыйқаттан үлкен нәрселер ҳаққында еслетиўи тийис. Булар ушын биз Қудайға тынбастан миннетдаршылық билдириўимиз тийис.
Қандай?
- Қудай Өз жәмәәтин қурып атырғаны ушын миннетдаршылық билдириң.
Биз көрип шыққан аятларда, Ийса жаңа бир нәрсени, жәмәәтти пайда етип атыр еди.
Егер ашық айтса, бир ўақытлары бул аятлар мениң ушын толық қуўаныш ҳәм турақлылықтың тийкары болған еди. Биз жийи-жийи жаман хабарлар алып турамыз. Қорқынышлы хабарлар. Мен өзиме былай деп сораў беремен: «Бүгин Қудай не менен шуғылланып атыр?» Жуўап? Қудай Матта 13-бапта баслаған исин даўам етип атыр. Ол Өз жәмәәтин қурып атыр.
Ийса Өз жәмәәтин қуратуғынын айтқан еди. Бул Оның усы бүгинги күндеги бағдарламасы.
Ол бул жылы Өз жәмәәтин қалай қурады? Ол бизге бул туўралы айтпайды. Бирақ биз Оның Өз жәмәәтин қурыўға бағышланыўына садық екенине исенемиз. Өз жағдайларында, көп ўақыялар арасында, Ийса урыстың ҳәр түрлилерин, тәбият апатшылықларын ҳәм халық қозғалаңларын қолланады.
- Сизиң Ол ушын ҳәрекет еткениңиз босқа кетпейтуғыны ушын Қудайға миннетдаршылық билдириң.
Адамлардың үмитсиз ислер ушын ақша сарплап, маңлай терин төгип, күш жумсап, ўақыт жибергени туўралы ойлап көриң.
Егер сиз өз күшлериңизди Қудайдың жәмәәтин қурыўға жумсаған болсаңыз, онда сиз бүгин Қудай ийе болған жалғыз бағдарламада қатнасып атырған боласыз. Мүмкин, сиз өзиңиз көремен деп күткен нәтийжени көрмеген шығарсыз. Бирақ сизиң ўақтыңыз босқа сарпланған жоқ. Сиз Қудайға хызмет етип атырсыз ҳәм сизиң өмир баяныңыз «Босқа сарпланған ўақыт хроникасы» деп АТАЛМАЙДЫ.
Коринфлилерге 1-хат 15:58
Солай етип, сүйикли туўысқанларым, тайсалмай беккем турыңлар ҳәм Ийемиздиң хызметинде бәрқулла ғайратлы болыңлар. Өйткени Ийемиздиң жолында еткен хызметиңиздиң босқа кетпейтуғынын билесизлер.
Сиз усы аятты ядлап қалдыңыз ба? Сиз усылай ислеўиңиз тийис. Ол Қудай ушын ислеў аңсат деп айтпайды. «Мийнет» сөзи ҳалдан тайғанша жумыс ислеў дегенди аңлатады. Биз аўыр жумыс ҳаққында айтып атырмыз.
Бирақ сизиң Масихқа ислегениңиз – бул кепилликке ийе утыслы ис. Қудайдың утыслы иси. Сиз Қудайға өзиңиздиң ҳеш бир гүўалығыңыз босқа ўақыт сарплаў болмағаны ушын миннетдаршылық билдириўиңиз мүмкин. Сизиң жәмәәттеги ҳеш бир хызметиңиз босқа болмады.
Егер Қудай Өз жәмәәтин қурып атырған болса, Ол сизиң қурылыста көрсеткен барлық жәрдемиңиз ушын сыйлықлайтуғынына 100 пайыз исенимли болсаңыз болады. Сиз өкинбейсиз. Сиз сәтсиз иске босқа ўақыт сарпламадыңыз. Сиз усындай таңлаў жасап, даналық пенен ис туттыңыз.
Мүмкин, биз өз ўақтымызды қалай сарплайтуғынымызды тексериўди тоқтатыўымыз керек шығар. Жәмәәт – бүгинги күн ушын Қудайдың жалғыз бағдарламасы. Қудай Матта 13-бапта баслаған исинен ҳеш шетке бурылған жоқ. Бир миллиметрге де. Солай екен, сиясатқа ямаса Қудайға тийисли емес басқа нәрселерге шектен тыс күш ҳәм ўақыт сарплаўдың неге кереги бар? Буның орнына, Қудай ислеп атырған ҳәм Қудайға тийисли болған Оның жәмәәтине ўақыт сарплаң!
- Сәтсизликке ушыраған қайсар, дүньяның нәрселери менен патасланған, Масихқа қарай бир адым да атпаған адамлардың қайсарлығы ушын сизди айыплаўға себеп болмағаны ушын, Қудайға миннетдаршылық билдириң.
Масих пенен қатнаста гөдек болған ўақтымда, мен өзим қатнап жүрген Мухаддес Китапты үйрениў топарында маған «Табыслы гүўалық бериў – бул бизиң Масих ҳәм Мухаддес Руўхтың күши ҳаққында айтыўымыз, ал нәтийжесин Қудайға тапсырыўымыз болып табылады» деп үйреткен еди. Бул әжайып тәлиймат.
Қутқарылыў жобасы туўралы айтып бергенимде, мен өзимнен күтилгенди ислеймен. Мениң қолымнан келетуғын ис усы. Қалғаны Қудайдың иси.
Биз ҳәр ҳәптеде Мухаддес Китапты үйренгенимизде, бул истиң босқа кетпейтуғынын үмит пенен қайталаған едик. Өйткени бул ҳақыйқат ҳәм ол зәрүр. Қутқарылмаған адам қулақ аспады, деп өзлерин қыйнаған мениң жәмәәтимнен болған сол адамлардың ҳәммеси буны өзлестирип алған жоқ.
Басқалардың Масихқа келмеўи сизиң айыбыңыз себепли болса, онда аспанда не жүз берген болар еди? Ол жерде ҳеш қандай қуўаныш болмай, ҳәммеси бизлер себепли болған болар еди. Бул қаншелли қорқынышлы!
ЯҚ! Адамларды қутқарылыўға әкелетуғын бизиң қәбилетимиз, сүйкимли болыўымыз, сөзлеримиздиң анық болыўы емес.
Ефеслилерге 2:8-9
Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
Мүмкин, сиз бул аятты ядтан билерсиз. Оны және бир мәртебе оқып шығың. Сиз исеним себепли исениўши боласыз. Тек исеним себепли. Бирақ сизиң исенимиңиз қаяқтан келеди? Ҳәтте, сизиң исенимиңиз де Қудайдан келеди.
Қутқарылыў Қудайдан. Мен өзимниң қутқарылыўым ушын қандай мақтаўға ерисемен? Ҳеш қандай! Бирақ ҳәр бир адам Масихқа беретуғын жуўабы ушын өзи жуўапкер.
Аўа, биз басқа адамлар надурыс таңлаў жасағаны себепли қыйналамыз. Бирақ Хош Хабарды қабыл етпегени ушын олардың өзлери айыпкер, бизлер емес.
Биз не ушын жуўапкермиз екенлигимизди, не ушын жуўапкер емеслигимизди түсиниў жүдә әҳмийетли. Гүнаны әшкаралаўшы да, адамларды тәўбеге ҳәм қутқарылыўға әкелиўши де Мухаддес Руўх болып табылады. Солай етип, биз Хош Хабар айтып болғаннан соң, дуўа етип, бул адамды Қудайға тапсырсақ болады. Қалғанын Қудайдың Өзи ислейди.
Миссия жуўмақланды. Миссия жақсы жуўмақланды.
Бул жерде бизге жәмәәттиң пүткил тарийхы даўамында үш түрли топырақ болатуғыны айтылған. Буны күтиң. Буған таяр болың. Оларға гүўалық айтың. Олар ушын дуўа етиң. Мүмкин, келешекте Қудай ақыры олардың жүреклерин жибитер. Соның менен биргеликте, олардың қапа қылатуғын шешимлериниң сизиң руўхыңызды түсириўине жо қоймаң.
- Биз Хош Хабар айтқан айырым адамлар 4-топырақ болатуғыны ушын, Қудайға миннетдаршылық билдириң.
Маған орта есап пенен ҳәр бир егин 7 есе зүрәәт беретуғынын айтқан еди. Солай етип, бул тымсалдағы егиннен көрилетуғын жемис таң қаларлық.
Усы зүрәәттиң ҳәммесине қараң! Сиз Масихқа әкелетуғын адамлардың айырымлары сизден де жемислирек хызмет етиўи мүмкин.
Бул процесстиң бир бөлеги болғаныңыз ушын, әлбетте, Қудайға миннетдаршылық билдириң. Ийса бизлерге: «БИР ЖЕРЛЕРДЕ ЖАҚСЫ ТОПЫРАҚ БАР, ОНЫ ТАБЫҢЛАР!» – ДЕЙДИ. Жәмәәттиң пүткил тарийхы даўамында бир жерлерде жақсы хабарларды еситиўди қатты қәлеўши жақсы топырақ бар. Оны табыў керек.
Қудайдың бүгинги бағдарламасы – бул Жәмәәт. Матта 13-бапта Ийса жәмәәттеги Өз ролиниң басында турғаны сыяқлы, Ол бизлерге исенимимиздиң тарқалыўында қатнасыўымыз Оның жәмәәтиниң келешеги ушын тийкар болып табылатуғынын айтады. Бул бизиң пүткил масихый өмириңиздиң орайы болсын!