Жақлаўшы
Операциядан соң адвокат: «Барлық айналардың перделери не ушын жабылған?» – деп сорады.
Медсестра: «Көше бойлап от жанып атыр», – деп жуўап берди.
Адвокатлар. Адвокатлар. Олар бизлердиң ҳүрейимизди ушырады, артықша төлемлер талап қылады. Олар ҳаққында айтылған көплеген ҳәзиллерге ылайықлы.
Бир күни бир адвокатқа бир мәселе бойынша хабарласыўыма туўры келген еди.
Сонда мен әпиўайы ғана жуўап алдым ҳәм буған 60 доллар төлеўиме туўры келген еди. Бизлерге адвокат керек емес деп үмит етип, дуўа етемиз.
Бирақ 1Юхан китабына қарасақ, егерде бизлер Масийхтың изине ерсек, онда бизлер ушын жумыс алып барып атырған адвокатымыз бар екенин табамыз. Ол жүдә әжайып Адвокат, бизлерден ҳеш қандай төлем талап қылмайды.
Усы кишкене китап болған Юхан жазған 1-хаттың басында Юханның бизлер ушын ең жақсысын қәлейтуғыны анық көринеди.
Мына 1Юхан 1:2-аятта Ийсаның ким екенлигин айтыў менен басланады. Деген менен, бизлер Ийсаның алдынан өтип кететуғын терезе дүкәнынан да көбирек нәрселерди ислеўимиз керек. 3-аят: Ийсаны өмиримизде сезип, бирге қарым-қатнас етиўимиз керек. Бул бизлерди соншелли ийелеп алған болыўы керек, сонда бизлер Ийса ҳаққында билмейтуғын басқалар менен бөлисиўди қәлеймиз. 4-аят: Нәтийжеде қуўанышқа толып-тасамыз.
Бирақ сәўбетлесиў арзан. Масийхыйлық сөзлерди үйрениў аңсат. Ал Ийсаның изине ериў ушын гүнадан ҳақыйқаттан да бас тартқаннан кейин, ҳақыйқый қутқарылыў бола ма?
Енди биринши бапты тамамлаў ушын 4 сынақ тести.
1-тест 6-аят: еки жүзлемешилик өмир болмайды. Жасап атырған өмиримиз, сөзимиз бенен бирдей болыўы тийис.
2-тест 7-аят: өсип барыў. Қудайдың жолы төменге қарап қозғалып бара ма? Яқ, жоқарыға қарай.
3-тест 8,10-аятлар: алдаў. Гүна машқала емес, деп көзабалық етиў жоқ.
4-тест. 9-аят: азатлық алыў. Үзликсиз түрде гүнаны мойынласақ, Қудай усынатуғын руўхый моншаға түсип, тазарып барамыз ба?
Бул тестлер бизлердиң өз жанымызды сақлаўға излениўимизге бизлерди оятады, деп үмит қыламыз. Ҳақыйқый масийхыйлар усы тестлерден өтеди. Ал жалған масийхыйлар өте алмайды. Солай етип, бүгин Юхан қай жаққа баратыр?
2:1
Мениң балаларым, балаларым – деп айтады.
Елши Юхан бул хатты жазғанда жасы үлкен ғарры еди. Соның ушын оның жасына салыстырғанда, көп исениўшилер ол ушын балалар еди. Оның басқа исениўшилерге болған реҳим ҳәм мүләйимлигине қараң.
Ийса ең соңғы кешесинде 12 шәкиртине масийхыйлар бир-бирине болған сүйиспеншилиги арқалы танылады, деп айтқан еди. Юхан буны салдамлы түрде алып, бул жерде оны сүўретлейди.
Басқа масийхыйларға жүрегиңизде меҳирли болыў ҳәм мүләйим қатнаста болыў оянып атыр ма? Ол бизлерге не айтыў керек болса, бизлерде шынында да буны еситиўге қәлеў болыўы керек. Оның ой-пикиринде анық не бар еди?
1-аят: Мениң балаларым
Мен буларды сизлерге гүна ислемеўиңиз ушын жазып атырман.
Бирақ егер биримиз гүна ислеп қойсақ, Әкениң алдында Жақлаўшымыз (яғный Адвокатымыз), ҳақ болған Ийса Масийх бар.
Не айтып атыр? Гүна қылма, деп айтып атыр.
Бирақ екинши тәрепте – егерде биримиз гүна ислеп қойсақ…
Бул жумбақ сыяқлы еситилиўи мүмкин. Негизинде бул ең баслы мәселе. Ҳәр биримиз еки ҳәдден тыс жағдайдың биреўине жантасып, гүна менен ойын ойнаўымыз да мүмкин .
Бизлер гүнаға бос болсақ, шаққан ойнап, оннан жеңилип қалыўымыз мүмкин.
Ямаса Қудай бизлерден күткеннен гөре гүнаға еледе қаталырақ болыўымыз мүмкин. Юхан бизлерден усы екеўи де бизлерде болмаўын қәлейди. 1Юхан 1:9-аятқа қарасақ, бизлер гүнаға жүдә бос, жеңил қатнастамыз ҳәм «қандай әжайып», – деп айтамыз. Егер гүна қылсақ, Қудай гүналарымызды кеширеди. Солай етип, мен не қылсам да бул ҳеш қандай машқала емес екен-дә. Бүгин гүнамды мойынлайман, ертең гүнамнан қутыламан.
Масийхты қабылла ҳәм не қәлесең соны исле. Ал Юханның бундай пикирге жуўабы – гүна қылма, деп айтады. Қолыңыздан келгенинше гүнадан узақта болыў сизиң мақсетиңиз болсын. Қудайдың кеширим бериў қәлеўине көп пәт берип, өмирде абайлап өмир кешириў шегарасынан шығып кетпең.
Яқ, бул жүдә бос, жеңил өмир жолы болады. Бундай қылыў Ийсаның атанақ ағашта бизлер ушын қылған иси ушын тил тийгизиў болып есапланады. Екинши тәрептен, бизлер Қудай күткеннен гөре гүнаға жүдә қатты болыўымыз мүмкин. Сиз бүгин өзиңизди жойттыңыз ба? Бул қалай болыўы мүмкин? Сиз масийхый бола алмайсыз. Масийхыйлар ондай қылмайды. Бул Қудай күткеннен гөре гүнаға қатты болыў.
Сондай-ақ жүдә қатты болыў категориясы ишинде болыў сиз Қудай кешире алмайтуғын гүна қылдыңыз. Ямаса сизиң жаман әдетлериңизди таслаўға гүресип атырғаныңыздан Қудай шаршады. Ҳәттеки, мойынлаўға ҳәрекет етпей-ақ қойың. Ол сиз бенен бирге.
Бул екеўи де қәўипли жағдай – гүнаға жүдә бос қараў да, жүдә қатаң болыў да. Екеўинен де қашың.
Бир адамды қутқарылған десек, бирақ ол үзликсиз түрде гүна қылып, ҳеш қандай тәўбе қылмаса, онда бундай жағдайда ҳеш қандай мәни жоқ. Деген менен, жеке өз гүнасын мойынлаў ямаса жаман әдетлерди қойыўға гүресиў ҳалда болса, онда клубқа қосылың. Бирақ жеңип шығыў ушын бир нәрселер қылыўымыз керек болады.
1:7-аятта нурда өмир сүриў ҳаққында сүўретленген масийхыйлардың өмирин әлле қашан көрдик. Бул масийхыйлар ушын бир шешимниң түри емес. Ал бул масийхыйлардың анық өмири есапланады.
Нур гүнамызды ашып берген ўақытта, буннан дәрҳәл тәўбе қылың. Егер гүнамыз басқа адамды жарақатласа, онда ол адамнан да кеширим сораўымыз тийис.
1Юхан 2:1-аятта: Бирақ биримиз гүна ислеп қойсақ…
ол әлле қашан Қудайдың шаңарағына тийисли болған адамларға жазып атырғаны анық. Өйткени олар Ийсаны Қутқарыўшысы ҳәм Ийеси етип қабыллаған.
Егер ол исениўши емес адамларға жазғанда, оларға былай деп айтқан болар еди: гүнаңыздан кеширим алыў ушын, Ийсаға исенип, Оған үмит байлаң. Қутқарылмаған адам Ийсаның сый етип берген қутқарылыў жолын қабыл етиўи тийис.
Гүна қылған исениўшилер Әкениң алдында бизлерди қорғаў ушын сөйлейтуғын жақлаўшыға, қорғаўшы адвокатқа мүтәж. Бүгинги күнде Ийса не қылып атырғанын билесиз бе? Ол Қудай Әкениң алдында сизди қорғаўшы Адвокатыңыз болады. Ийса бүгин исениўшилерди ҳүким қылыўшы емес.
Ол бизлердиң жақлаўшымыз, қорғайтуғын Адвокатмыз ҳәм жеке Юристимиз болады.
Аян 12:10-аят, бул Жаңа Келисимдеги ең соңғы китап. Сиз бүгинги күнде шайтан не ислеп атырғанын билгиңиз келе ме? Усы аятты ашып көриң ҳәм буны билип алың.
«Сонда мен аспанда бәлент бир даўыстың былай дегенин еситтим:
Мине, Қудайымыздың қутқарыўы, қүдирети ҳәм патшалығы келди,
Оның Масийхының ҳүкимдарлығы орнады.
Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы,
Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни,
Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды»
Бул жерде «…жерге ылақтырылды» – деп айтылғанда, шайтанның аспаннан шығарып жиберилиўи, оның келешеги ҳаққындағы пайғамбаршылық болады. Келешекте бир күни шайтан аспаннан шығарылып, жерге ылақтырылады.
Бирақ шайтан жерге ылақтырыламан дегенше, ол не қылып атыр?
Алдында айтылған базы сөзлерге итибар қаратайық. Ол Қудайдың алдында күни-түни бизлерди айыплап атыр. Аюп 1-бапта жазылғанындай Аюпты айыплағаны сыяқлы.
Егер сиз Ийсаны өз Қутқарыўшыңыз етип қабыллаған болсаңыз, онда сиз шайтанның қара нийетиниң дизиминдесиз. Ол сизди айыплап атыр.
Сизди гүналарыңыз ушын жуўапкершиликке тартыўға урынып атыр. Қудай Әкениң алдында турып, күни-түни, «мына адамның гүнасын көрдиңиз бе?» – деп айтып атыр.
Эҳ-эҳ, мына қыз исениўшимен дейди, бирақ ол мынадай қылып атыр ма? Ол айыплы. Оның жазасы ислеген айыбына ылайықлы болыўы тийис. Сол адамды маған тапсырың. Қудай Әке не ушын шайтанға бүгинги күнде айыплаўына жол қойыпты?
Менде буған анық пикирим жоқ. Қудай Әке Ийсаға Қутқарыўшысы етип исенген адамларды шайтанға Оның алдында күни-түни айыплаўына не ушын жол қойыпты?
Мухаддес Қудай шайтанның Өзиниң алдында турып, әсирлер даўамында күни-түни Қудайдың балаларына қарсы шығыўдан басқа ҳеш нәрсе ислемей турыўына жол қойғаны таң қаларлық.
Бундай болыўға Қудайдың не ушын жол қойғанын мен ҳеш түсинбеймен. Сондай-ақ, адамлардың не ушын шайтанға ҳәм жинге уқсап кийинип алатуғынына да түсинбеймен. Не ушын? Шайтан ҳәм жинлер бизлер олар сыяқлы болыўға урыныўымыз ушын ылайықлы биреў емес-ғо.
Түни менен, күни менен шайтан Қудайдың алдында бизлерге қарсы сөз айтыў ушын турыпты.
Бизлерди айыплаў ушын, бизлердиң үстимизден ҳүкимдарлық қылыўға урынып атыр.
Өзиңизди Қудай Әке ҳүким етиўши сыпатында қойып, Оның ҳүким ететуғын дәргайына өзиңизди қойып көриң ҳәм шайтан орнынан турып, сизге бармағын шошайтып, «олардың ислеген ислерине қараң. Олар мениң изиме ериўшилер сыяқлы ис тутты. Оларды маған тапсырың», – деп айтып атыр.
Ойланып көриң, бизлер сол ҳүким етилетуғын жерде отырған жеримизде жерге кирип баслаймыз, бир қанша қысылып, терлеп баслаўымыз мүмкин?
Шайтанның айыплаўларына келисим бериўимиз тийис:
аўа, сол гүнаны кеше иследик, аўа, бүгин басқа гүна иследик. Отырған орнымызға әсте-әсте төмен кирип кетемиз.
Енди үмит жоқ па? Сизге керек ўақытта жақсы қорғаўшы адвокат қаяқта?
Қутқарыў ушын Ийса Масийх, шайтан тынбастан айыплап атырғанда, Ол Қудай Әкеге былай дейди: «Аўа, Әке, айыплаўлар ҳақыйқат, сол гүналар исленген. Бирақ олар Маған Қутқарыўшысы сыпатында исенген, соның ушын, оларды шайтанның қолына тапсырма. Қудай Әке, Мен олардың гүналарының төлемлерин төледим. Сизиң олардың гүнасына деген қарсы ғәзебиңиз, Маған жүкленген.
Солай етип, илтимас, Маған исенип, үмит қылған бул адамларды ҳүким қылмаң.
Сол ўақыттың өзинде, Қудай Әке Ийсаның усынысын қабыллайды. Ал бизлер ҳеш қандай төлем төлеместен Қудайдың ғәзебинен қутыламыз.
Ийсаның Өзи Қудайдың ғәзебин қанаатландыратуғын қурбанлық есапланады ҳәм бизлер «оҳо, бул сондай қорқынышлы болды», деймиз.
Бизлерди қутқарады, деп исенген Ийемиз, бизлер ушын шынында да сол төлем азабын тартты. Ийсаға өзиңизди тапсырсаңыз, буннан үлкен пайда табасыз. Аспандағы сол ҳүким жеринен шығып киятырып, бизлер өзлеримизге былай айтыўымыз мүмкин: «Не ушын Қудай Әке Ийсаның айтқан сөзлерине дәрҳәл қулақ салды екен? Ийса бизлердиң пайдамыз ушын қалайынша дәрҳәл жеңип шықты? Ийсаның бизлердиң жақлаўшымыз ҳәм адвокатымыз болатуғын қандай тәжирийбе сыпатлары бар екен? Ийсаның бизлердиң юристимиз болатуғындай қандай тәжирийбе сыпатлары бар екен?
1Юхан 2:2
«Ол бизлердиң гүналарымыздың кеширилиўи ушын қурбан болды. Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды».
Мухаддес Китапта әдетте күнделикли сөйлесиў сөзлеримизде қолланбайтуғын бир неше сөзлер бар. Бирақ бул масийхыйлардың өмириниң бай екенлигин түсиндиретуғын гилт есапланады.
Мынаў, сол сөзлердиң бири:
гүна кеширилиў ушын қурбанлық\қутқарыў ушын қурбанлық
Әлбетте, бул аўдармаңызға байланыслы.
Гүна ушын қурбанлықты түсиниў ушын Ески Келисимдеги Ибадатхана ҳаққында ойланып көриң. Ибадатханада сандық бар еди. Сол Келисим сандығының ишинде он буйрық сақланатуғын еди. Сол сандықтың жоқарсында Қудайдың дәргайын билдиретуғын периште, яғный керублардың мүсини бар еди.
Сол Қудайдың мухаддеслигин көрсетип турған керуб периштелер төменге қарап, не қылып атыр? Олар 10 буйрыққа ҳәм адамзаттың гүнакарлығына қарап турыпты. Усы ҳаққында және бир мәрте қарап өтиўге рухсат берсеңиз. Жылына бир мәрте қурбанлықтың қаны сол сандықтың үстине әкелип қойылған. Солай етип, периштелер тәрепинен усынылған Қудайдың мухаддеслиги бизлердиң гүнакарлығымыздың орнына 10 буйрықты усынып турады. Ал қурбанлықтың қаны барлық исениўшилердиң гүнасын қаплап турады ҳәм олардың гүналары кешириледи.
Қудай қанды көрген ўақытта Өз ғәзебинен қайтады, әне бул гүнаның кеширилиўи. Ал енди жәмәәтте ушырасқанымызда, ишинде не ушын 10 буйрығы бар сандығымыз жоқ? Себеби Ийсаның қаны бизлердиң гүналарымызды үзликсиз түрде қаплап турады. Ийсаның қаны гүнамыз ушын берилген қурбанлық. Гүналарымыз ушын берилген қурбанлықтың пүтиллей орнын басады.
Қудайдың алып барып атырған исинде қурбанлық қанысыз гүнаға ҳеш қандай кеширим жоқ. Ески Келисимде ҳайўанларды қурбанлыққа алып келиў үзликсиз ҳәм күнделикли етип әкелинген. Ал Ийсаның толық, минсиз болған қурбанлығын қайталаўдың ҳеш қандай ҳәжети жоқ. Биреў маған Ийса мениң гүнам ушын атанақта өлгени ҳаққында айтқанда, мениң жуўабым: «сонда не болады?» – дегенмен.
2000 жыл алдын жер жүзинде болған ўақыя бүгин мен ушын қандай қатнасы бар? Бул ҳәр биримизге тийисли.
2-аяттың ақырына қараң: «Ол тек бизлердиң емес, ал пүткил дүньяның гүналары ушын бағышланған қурбанлық болды». Демек, бул шынында бизлерди де өз ишине алады. Ийса минсиз қурбанлық. Қудайдың гүна ушын беретуғын жазасы Ийсаға берилди. Енди Ийса шынында да гүна ушын берилген қурбанлық, Қудайдың гүнаға қарсы ғәзеби ушын төгилген гүна қурбанлығы. Гүна ушын берилген қурбанлық мынаны аңлатады: Масийхтың қанын көргеннен кейин Қудайдың гүнаға деген ғәзеби қайтты.
Бул Ийса атанақ ағашта өлгенлиги себепли ҳәммениң гүнасы пүтиллей кеширилди, дегенди аңлатады ма? Яқ. Бизлер сол атанақ ағашқа жуўап қайтарыўымыз тийис. Ийсаға өзимиздиң жеке Қутқарыўшымыз болады деп исениўимиз керек.
Сиз исенесиз бе? Егер сиз Ийсаға исенип, Оған үмит байлаўыңыз кереклигине исенимсиз болсаңыз, онда илтимас, жәмәәт жетекшиңиз бенен сөйлесиң. Олар сиз бенен сөйлесиўди жүдә мақул көреди. Келиңлер, сол ҳүким ететуғын жерге қайтайық. Базыда менде Ийса аспанға кеткен ўақыттан баслап, екинши мәрте қайта келиўине дейин дем алысқа кетти деген пикир пайда болады.
Бул мен ушын дем алысқа уқсамайды. Бизлер сол ҳүким ететуғын жерден шығар екенбиз, Ийса бизлерге қарап, былай айта алады: «Мен Қудайдың алдында сизди қорғаў ушын сизиң жақлаўшыңыз, яғный қорғаўшыңыз сыпатында ҳәр күни сизлерге жуўапкермен».
Гүна қылма. Егер сиз гүна қылсаңыз, Мен сиз ушын жуўапкермен. Келиңлер, сол ҳүким ететуғын жерден дәрҳәл шығып кетпейик.
Сол қосыққа ой-пикиримизге сөзлер келген шығар:
Саған көбирек сүйиспеншилик,
Саған көбирек сүйиспеншилик.
Қалайынша Оны сүймеўимиз мүмкин.
Ол бизлер ушын тек ғана атанақ ағашта жанын берип қоймастан, ҳәр күни 24 саат өмиримиздиң ақырына дейин бизлердиң жақлаўшымыз болып турыпты. Ийса сизди сүйеди. Оның сүйиспеншилиги мылжың сөз емес. Ал шайтан бизлерди тынымсыз төменге, жерге урыўға урынып атырғанда, оның жүзин жерге қаратып, бизлер ушын Жақлаўшы жуўапкершилигинде турыпты.
Әдетте, ҳеш биримиз сүйиспеншилик пенен ҳүким залын бир-бири менен байланыстырмаймыз. Бирақ ҳүким залы бизлерге қандай Қудай бар екенин көрсетеди. Солай етип, Ийса кейинги ўақытта сиз ушын не қылды? Оҳо, Ол Қудайдың ҳүким ететуғын жеринде күни-түни жумыс иследи. Ол ҳәр бир сааты ушын есап бермейди. Бирақ ҳәзир анықлық зәрүр. Ийсаны жақлаўшы деп ким таныстырады? Ийса Қудай Әкениң алдында олардың жеке адвокаты, жақлаўшысы деп ким айта алады? Ийсаның клиенти болыў ушын не қылыў керек?
3-аят: «Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ, Оны билетуғынымызды усы арқалы билип аламыз».
Юхан Ийсаның жақлаўшы, адвокат екенлигиниң сүўретмесин тереңнен қозғап, руўхландырыўды сәўлелендирди. Бирақ Юхан бизлердиң Ийсаны өз Қутқарыўшымыз екенин анық билетуғынымызды я билмейтуғынымызды тереңнен қайғырып атыр.
Юхан бизлердиң жүзимизге қарап турып: «Сиз Оны жақсы таныйсыз ба?» – деп сорап атыр. Сизиң масийхый екениңиз ҳаққындағы мағлыўмат қаяқта? Яқшы, мен 10 жыл алдын тәўбе дуўасын қылдым. Ал Юхан бул жуўапты алады да, оны шығынды ыдысқа таслап жибереди.
Сизиң масийхый екениңиздиң дәлили сыпатындағы кешеги жаңалықты Юхан бүгин тыңламайды. Юхан жүзимизге қарап турып: «Исениўши екениңиздиң бүгинги дәлили қаяқта?» – деп сорайды. Әсиресе 3-аятта айтылғанындай: «Егер Қудайдың буйрықларын орынласақ»
Орынласақ – бул ҳәзирги мәҳәл
Бүгин сиз Оның буйрықларын орынлап атырсыз ба?
Ямаса орынлаўға ҳәрекет етип атырсыз ба?
Егер усы сөзди санаўды қәлесеңиз, Юханның «орынлаў» сөзин усы китапта 10 мәртедей қолланғанын табасыз. Бүгин исенимде жасаўға ҳәрекет етип атырмыз ба? Бир неше жыл алдын устазыма ғәззаплар қаласында жерлеў мәресимин өткерип бериўин сораған. Қайтыс болған адамның ҳаялы жоқ, ал үйинде бир неше ҳаяллар бар бузықшылық орны болған ҳәм қурал-жарақ урыларының уйымы болған. Оның өлиминиң себеби банкке урлыққа түскенде, полиция тәрепинен атып өлтирилген.
Устазым сол үйге жерлеў мәресимин өткериўге барғанда, қайтыс болған адамның анасы оған былай деген: «Билемен, мениң улым жәннетте, өйткени ол 9 жасында тәўбе дуўасын қылды». Бул ишки қәлеў түсиниги есапланады. Бул Мухаддес Китаптағы пикирлеў ҳәм түсиник емес.
УСЫ ЖЕРДЕ БИЗЛЕР ТОҚТАЎЫМЫЗ КЕРЕК.
Юхан масийхыйлардың Ийсаның берген қутқарылыўын жойтыўы мүмкин деп исене ме?
Яқ. Ол басқа барлық Мухаддес Китапты жазғанлар сыяқлы, бир мәрте қутқарылса, пүткиллей қутқарылғаны, деп исенеди. Бизлер буны мәңги қәўипсизлик деп атаймыз. Масийх пенен қарым-қатнасымызда қәўипсиздемиз. Егер тәртипсизлик қылсақ, Ийса бизлерди Өз шаңарағынан шығарып жибермекши емес. Ата-анамды қуўанышлы қылған ўақытларым болды. Ата-анамды қайғыға батырған күнлерим де болды. Бирақ олар мени ҳеш қашан үйден қуўып, шығарып жибермеди.
Егер сиз бүгин гүна ислесеңиз, Қудай қандай әке болыўы мүмкин, Оның жуўабы: «Шығып кет», бола ма екен. Сиз өз еркиңизден тысқарыда боласыз.
БИРАҚ
Бул жүдә үлкен БИРАҚ
МАСИЙХҚА ШЫН ЖҮРЕКТЕН ИСЕНИЎ АДАМЛАРҒА МӘҢГИ ҚӘЎИПСИЗЛИКТЕ БОЛАТУҒЫНЫН ӨЗ ИШИНЕ АЛЫЎЫ ТИЙИС
ЯМАСА АДАМЛАР ЫЛАЙЫҚЛЫ БОЛМАҒАН ҚӘЎИПСИЗЛИКТИ БЕРИЎ ТУЎРЫСЫНДАҒЫ ДОКТРИНАНЫ КЕРИ ПАЙДАЛАНЫП, БУРМАЛАҒАН БОЛАМЫЗ.
Ғәззаптың мамасы сыяқлы бизлер тәўбе етпеген адамларға мәңги өмирди усынып атырған болсақ, онда мәңги қәўипсизлик бурмаланған болады.
1Коринф 6:9-10-аятлар:
«9 Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, 10 урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды».
Кеңнен түсиндирме керек: Бул жерде егер сиз өтмиште усы нәрселерди қылған болсаңыз, онда исениўши емессиз, деп айтып атырған жоқ. Бул жерде егер сизиң ҳәзирги өмир жолыңыз усындай болса, онда аспанға, жәннетке баратырман деп, өзиңизди алдамаңлар, деп айтып атыр. Сизде бундай исеним болмаўы керек.
ҲӘМ
Бүгинги күнде усындай өмир тәризинде жасап атырған адамларға сизлер аспанға алып баратуғын дурыс жолдасыз, деп алдамаңлар. Қутқарылыў кепиллиги гүна ислеп жүрген адамларға берилмеген. Ондай болса, бизлер кимге қутқарылыў кепиллигин бере аламыз? Сизлер аспанға баратырсыз, деп кимлерге исенимли түрде айта аламыз?
1Коринф 6:11
Бул қандай әжайып аят.
«Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масийхтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз».
Сизлердиң гүнадан жүз бурыўыңыз, жүреклериңизге мәңгилик өмир егилгенин дәлиллейди.
1Юхан 2:3-аятқа қайтамыз, БИЗЛЕР билемиз:
бизлерде Қудай менен қарым-қатнасымыз бар, буның мәниси соншелли кең болып, бул бизлерди бойсыныўға алып келеди. Юхан бизлердиң аспанға барыўымызды қәлейди. Оның өмиримизден излеп атырғаны, өтмишимизде тәўбе дуўасын еткенимиз ҳаққындағы ўақыяны излеп атырған жоқ. Бул жерде бүгинги күнде таза бойсыныўшылықты айтып атыр, демек, бойсыныўшылық – Қудай менен қарым-қатнасымыздың дәлили есапланады.
1Юхан 2:4
«„Оны билемен“ деп, Оның буйрықларын орынламаған адам өтирикши, онда ҳақыйқатлық жоқ».
Бунда минсиз, гүнасыз өмирди талап етип атырған жоқ, улыўмалық өмиримиздиң бағыты ҳаққында айтып атыр. Ҳәр бир адамның сөзи өз ислери менен сәйкес келиўи тийис. Егер ислеримиз сөзимизге қарама-қарсы болса, онда бизлер өтирикшимиз. Қудайға болған шын сүйиспеншилик қуры бос сөзлерден ямаса сырлы тәжирийбеден ибарат емес, ал бойсыныўшылықтан ибарат. Қудайға болған сүйиспеншиликтиң дәлили – бул Қудай менен қарым-қатнас болып есапланады. Егер масийхый сыяқлы өзимизди услаўды талап етпесек, онда қутқарылғанның биримен деп талап қылмаң ҳәм аспанға баратырман, деп өзиңизди исендирип жүрмең.
5-аят: «Бирақ Қудайға деген сүйиспеншилик Оның сөзин орынлаған адамда ҳақыйқаттан кәмал табады. Қудайда екенимизди усы арқалы билип аламыз».
Оның сөзин орынлаған адамда.
Оның сөзин орынлаған адамда. Бизлер бир нәрсе ҳаққында билмесек, сол нәрсени орынлай алмаймыз. Мухаддес Китап сизиң жеке қолланбаңыз. Сиз өзиңиз билмеген нәрсеңизге бойсына алмайсыз.
Мухаддес Китапқа итибарсыз болсаңыз, онда қәўип астында қаласыз. Өз жарылқаўыңыз ушын Мухаддес Жазыўға бойсының. Мухаддес Китапқа бойсынғаныңыз ушын сый 5-аятта жазылмаған ба?:
1. Бизлер сүйиспеншиликке толдық
2. Бизлер қутқарылыўымызға исенимлимиз.
Усы үзиндиден 4 сөз өзлеримизге алдық деп үмит етемен.
6-аят:
«„Қудайда жасайман“ деген адам Ийса сыяқлы жасаўы шәрт». «Ийса сыяқлы жасаўы шәрт». Сиз адамлардың кеўлинен шығып өмир сүриўди мақсет етип қойсаңыз, онда сиз ҳәмме ўақытта машқала ишинде қаласыз. Сиз «нурда өмир сүрип» Қудайдың кеўлинен шығыўды таңлаң. Сонда сиз Қудайдың кеўлинен шығып өмир сүриў мақсетимизди де әпиўайыластырады, өмиримизди бирлестиреди, тынышлық ҳәм қолайлылық сезимин береди.
Егер сондай өмир сүрсек, басқа адамларға хош ийис тарқататуғын болатуғынымыз ҳаққында ойланып көриң. Бир Хош Хабаршы хызметкер былай айтқан еди: Азияда бир неше қонақлар қәўим басшысының үйине киргенде, олар дийўалларда ҳеш нәрсе жоқлығына таң қалған. Ал дийўалда тек ғана кишкене бир сүўрет илдириўли турған еди, бул сүўрет азиялық емес, ал қубла европалы адамның сүўрети еди. Бул қалайынша усы жерге илдириўли турыпты?
Сонда қәўим басшысы былай деп түсиндирип берди: Бул европалы адам усы жерге келип, халықтың арасында жасады. Ол қәўим басшысының әкеси менен дос болған. Европалы сол адам жақсылық пенен мийримлиликке толы болған. Ол усы қәўимниң тилин ҳәм дәстүрлерин үйрениўге ўақыт ажыратқан. Узақ ўақыт өтпей, оның өмири ҳәм оның сөзлери Ийса Масийхты ашып берген.
Оның әкеси Ийсаға исенген, оның баласы да исениўши болған. Усы басшының әкеси де, сол қубладан келген адам да қайтыс болған. Деген менен, сол европалы адамның сүўрети дийўалда илдириўли ҳәм ол Ийсаны ҳәмме ўақытта еслетип турған. Қәўим басшысы Ийса ҳаққында пикирлегенде, оның көз алдына Масийхқа уқсас болған сол сүўрет көз алдына келеди екен. Масийхтың хош ийиси болыў ҳаққында сөйлесиң! Ийса сыяқлы жасаўы шәрт… Ҳәр бир күн өткен сайын, ол масийхый екенин дәлиллеп өмир сүрген.
Юхан усы жерде сынаўлардан табыслы өткени анық көринип турыпты. Мынаны анық билемиз: бизлер сынақларға түскен ўақытларымызда, қорғаўшы адвокатымыз Ийса бизлерди аман сақлаў ушын келеди.
Усы аятлар ҳәр бир исениўшилерди Қудайға алғыс айтыўға ҳәм миннетдаршылық билдириўге ийтермелемей ме? Себеби сиз Ийсаға исенип, Оған үмит етип, Оның клиенти болғаныңыз өзиңиздиң пайдаңыз ушын болып атыр.
Егер сиз масийхый болмасаңыз, онда сиз нелерден бос қалып атырғаныңызды көрип атырсыз ба?