Жаўыз руўхлар, яғный жинлер
Олар кимлер? «Олар Қудайға қарсы гүна қылған жаўыз периштелер ҳәм ҳәзирги ўақытта бул дүньяда өз жаўызлықларын даўам етип атыр».
Жинлер негизинде кимлер еди?
Жаратылыс 1:31 Қудай барлық жаратқанларына қарап, олардың ҳәммесиниң де жүдә жақсы екенин көрди. Кеш болып, таң атты. Бул алтыншы күн еди.
Қудайдың жаратыў жумысы тамамланған еди. Ол жаратқанларын тексерип шығып, оларды «жақсы» деп сүўретлейди. Жаратылыс китабы 1-баптың ақырында жаўыз периштелер, яғный жинлер жоқ еди. Жер жүзи толығы менен әжайып еди.
Кейин Жаратылыс 3-бапта былай айтылады: Қудай Ийе жаратқан жабайы ҳайўанлардың ишиндеги ең ҳийлекери жылан еди. Жылан ҳаялдан:
– Ҳақыйқаттанда да, Қудай бағдағы ҳеш бир теректиң мийўесинен жемең деди ме? – деп сорады.
Усы жерде Ҳаўа-енени азғырған шайтан деп аталған жинди көремиз. Биринши баптың ақыры менен үшинши баптың басланыўы арасында периштелер әлеминде Шайтан тәрепинен жетекшилик етилген көп периштелердиң Қудайға ҳәм Оның жобасына қарсы бас көтериў жүз берген.
Жаўызлық қаяқтан келип шыққан?
Бизлерге бул ҳаққында айтылмаған. «Егерде Қудай жаўызлықтың булағы болғанда, онда Оның Өзи жаўыз болыўы керек еди. Ал егерде Оның Өзи жаўыз болғанда, онда қутқарыў тийкары болыўы мүмкин емес еди. Себеби егер жаўызлық Қудайдың тәбияты болғанда, онда Ол бизлерди жаўызлықтан қутқара алмас еди. Қудайымыз жаўыз емес. Қудай пүткиллей ийгиликли ҳәм тек ғана ийгиликли».
Буны өзиңиздиң сораў дизимиңизге киргизип қойың да, Ийса менен ушырасқан ўақтыңызда, Оннан сораң. Жуўапты билиў ушын, ҳәр биримиз сол ўақыт саатты күтиўимизге туўры келеди. Ҳәр бир адам билиўди қәлейди.
Шайтанның ҳәм басқа периштелердиң бас көтериўине не нәрсе түртки салған екен?
Яҳуда 6-аят: Сондай-ақ, өз мәртебе-бийлигине қанаат етпей, мәканын таслап кеткен периштелерди де Қудай уллы жаза күнинде ҳүким етиў ушын мәңгиге байлап, қараңғылыққа қамап қойыпты.
Қулаған периштелер өз дәрежесине ҳәм Қудайдың олар ушын берип қойған орынлайтуғын ўазыйпаларына қанаатланбаған еди.
Ийшая 14:12-15 -аятлар қулаған периштелерге тийисли базы нәрселер туўралы толығырақ мағлыўмат береди:
Ҳәй, жарқын жулдыз, таң улы,
Көклерден қалай қуладың!
Халықларды езип келген сен,
Енди өзиң жерге жығылдың!
13 Сен ишиңнен былай дедиң:
„Көклерге көтерилемен,
Тахтымды Қудайдың жулдызларынан,
Жоқарыға қояман.
Қудайлар жыйналатуғын таўда,
Сафон таўында отыраман.
14 Бултлардың үстине шығаман,
Өзимди Қудай Тааладай қыламан“.
15 Бирақ сен өлилер мәканына,
Туңғыйықтың түбине ылақтырыласаң.
Алдынғы аятлар Қудайдың Бабилон патшасын ҳүким етиўи ҳаққында талқылап өткен еди, бирақ бул жерде Ийшая қулаған Шайтанды сүўретлеп өтеди. 12-15-аятларда әпиўайы инсан патшасы ҳаққында айтып атыр, деп түсиниў мүмкин емес. Шайтанның гүнасы анық көрсетилген: менмен ҳәм Қудайға бойсыныўды қәлемейди.
Еслетпе: Адам-ата гүна қылғаннан соң, Қудай адамзатқа Масийхқа исенип, тәўбе етиўи арқалы Өзи менен қарым-қатнасын қайта тиклеўине мүмкиншилик береди. Бирақ шайтан ҳәм басқа қулаған периштелер гүна қылғаннан соң, Қудай оларға ҳеш қандай тәўбе қылыў мүмкиншилигин бермеди. Олардың кейинги жағдайы баста қарсы шыққаны менен мәңгиге мөрленип қалды. Және де, бизлерде жақсы периштелердиң арасында кейинги қарсы бас көтериўлер болғанлығы ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат жоқ.
Жинлер не ислейди?
Ҳеш қандай жақсы нәрсе ислемейди.
2 Коринфлилер 11:14 Бирақ, бул таң қаларлық нәрсе емес. Шайтан да өзин нур периштеси қылып көрсетеди-ғо.
Шайтан өтирикши.
Юхан 8:44 Сизлер өз әкеңиз шайтаннансыз, сизлер оның тилеклерин орынлаўды қәлейсизлер. Ол бастан-ақ адам өлтириўши еди. Ол ҳақыйқат тәрепинде турмаған, өйткени онда ҳақыйқатлық жоқ. Ол өтирик сөйлеген ўақытта өз тәбиятына тән сөйлейди. Себеби ол өтирикши ҳәм өтириктиң әкеси.
Шайтан жалған диний жетекшилерди өзиниң өтирик, алаўызлық ҳәм ўайрангершилик торына түсиреди.
Марк 5:12-13 Жаўыз руўхлар Ийсаға жалынып:
– Бизлерди сол шошқаларға жибер, оларға кирейик, – деди.
13 Ийса оларға рухсат етти. Сонда жаўыз руўхлар сол адамнан шығып, шошқаларға кирди ҳәм еки мыңға шамалас шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, суўға батып кетти.
Ийса жаўыз руўхларға адамды қыйнаўына шек қойғаннан соң, олар дыққатын басқа жаққа қаратып, бир пада шошқаларды набыт қылды.
Лука 8:2 және де, жаўыз руўхлардан ҳәм аўырыўлардан азат болған бир неше ҳаяллар да болды. Олар: ишинен жети жин шыққан магдалалы деп аталған Мәриям,
Адамның ишине сансыз жаўыз руўхлар орналаса алады. Олардың үлкен апат алып келиўин көз алдыңызға келтирип көриң.
2 Коринфлилер 4:3-4 Егер бизлер жәриялап атырған Хош Хабар жабық болса, ол набыт болатуғынлар ушын жабық болады. 4 Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масийхтың даңқын билдиреди.
Жаўыз руўхлар адамлардың хош хабарға исениўине ҳәм тәўбе қылыўына алдын ала тосқынлық қылыўға урынады.
Елшшилер. 16:16 Бир күни бизлер дуўа ететуғын жерге баратырғанымызда, палкерлик пенен шуғылланатуғын жаўыз руўхлы бир шорыға дусластық. Бул қыз палкерлик пенен хожайынларына көп пайда келтиретуғын еди.
Жаўыз руўхлар келешекти билетуғындай етип өзлерин көрсетип, адамларды алдап келеди.
Матта 17:15 «Ийем, мениң улыма реҳим ете гөр. Ол қояншық болып аўырып, қатты азап шегип атыр, жийи-жийи отқа да, суўға да жығылады».
Жаўыз руўх усы балада өзин-өзи өлтириў қәўпин туўдырып атыр.
Матта 9:33 Жин қуўып шығарылғаннан кейин, гүңелек адам сөйлей баслады.
Жаўыз руўхлар сөйлейтуғын тилди байлап таслаў қәбилетине ийе.
Лука 13:11 Сол жерде он сегиз жылдан бери аўырыў руўхынан қыйналған бир ҳаял бар еди. Ол еки бүкленип қалған болып, бойын ҳеш тик услай алмас еди.
Жаўыз руўхлар жүргизбей таслаў қәбилетине ийе.
Матта 12:22 Сол ўақытта адамлар Ийсаға жин урып, гүң ҳәм соқыр болған адамды алып келди. Ийса оған шыпа бергенликтен, гүң-соқырдың көзи ашылып, сөйлей баслады.
Жаўыз руўхлар көз нурын байлап таслаў қәбилетине ийе.
Марк 5:4 Неше рет шынжырласа да, кисенлесе де, ол ҳәр қашан шынжырларды үзип, кисенлерди сындырып таслайтуғын еди. Оны бойсындырыўға ҳеш кимниң күши жетпейтуғын еди.
Жаўыз руўхлар психологиялық аўырыў алып келе алады.
Шайтанның, жаўыз руўхлардың қарсы туратуғын айрықша үш нышаны мыналардан ибарат:
1 Исениўшилер
Аян 12:10б Өйткени туўысқанларымыздың айыплаўшысы,
Оларды Қудайымыздың алдында күни-түни,
Айыплаған шайтан жерге ылақтырылды.
(Әсирлер даўамында Қудай не ушын жалған айыплаўларды тыңлап атырғаны басқа сораў, буны Қудайдың алдына барғаныңызда сорайсыз).
1 Петр 5:8 Сақ ҳәм сергек болыңлар. Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр.
Шайтан ҳәм оның топары исениўшилердиң азғырыўшылары ҳәм мәңги душпанлары.
2 Жәмәәт
Аян 2-3-баплардағы жәмәәтлерге қараң. Жетеўинен бесеўи жолдан шығып кеткени қаншелли кеўилсизлик алып келеди ҳәм бул таң қалдырады. Шайтан ҳәм оның дослары өз ислерин қылып атыр.
3 Периштелер
Даниел 10:12-14 Ол сөзин даўам етип, былай деди:
– Қорқпа, Даниел! Сен бул хабар ҳаққында түсиник алыўды нийет етип, Қудайыңның алдында өзиңди кишипейил тутқан күниңнен-ақ сениң дуўаң қабыл етилди. Дуўаларыңа жуўап бериў ушын алдыңа келдим. 13 Бирақ Персия патшалығының ҳүкимдары жигирма бир күн даўамында маған қарсы турды. Мен Персия патшаларының ишинде жалғыз қалғанымда, бас периштелердиң бири Михаил маған жәрдемге келди. 14 Мен саған келешекте халқыңның басына түсетуғын нәрселерди түсиндириў ушын келдим. Бул аян сол күнлер ҳаққында.
Периште үш ҳәпте даўамында иркилип, жаўыз руўхлар тәрепинен усланып қалды.
Жаўыз руўхлар не ислейди? Жаўыз руўхлардың физикалық ҳәм психологиялық аўырыўларды, физикалық жарақатларды ҳәм руўхый зыянланыўды исенбеўшиге ҳәм оның ийелигине алып келетуғынын, ал Қудайдың ғәзийнеси болған исениўшилерге, жәмәәтке ҳәм периштелерге болса ҳүжим етип, бар күшин салатуғынын усы аятлар сүўретлеп өтеди.
Жаўыз руўхлардың күшиниң шеклениўи бар ма?
Әлбетте!
Аюп 1:9-12а Сонда шайтан Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:
– Аюп Сеннен бийкардан-бийкарға қорқады деп ойлайсаң ба? 10 Оның өзин, үй-ишин ҳәм барлық ийелигин қорғап жүрген Өзиң емессең бе? Сен оның қолы тийген ҳәр бир иске берекет берип атырсаң. Оның пада ҳәм сүриўлери пүткил үлкеге жайылған. 11 Бирақ қолыңды созып, оған тийисли болғанның ҳәммесин жоқ қылсаң, онда ол жүзиңе тик қарап, Саған нәлет айтады.
12 Жаратқан Ийе шайтанға:
– Яқшы, Аюпқа тийисли болғанның ҳәммесин сениң қолыңа беремен, бирақ оның өзине зыян тийгизбе, – деди.
Шайтан ҳәм оның топары Қудайдың рухсатысыз ҳеш нәрсе қыла алмайды. Қудай оған соншелли көп арқан қолланыў арқалы жол қояды „(Қудай өз тәбияты бойынша жүдә жақсы, жүдә таза, жүдә ҳақ ҳәм ҳеш қашан гүнаның авторы ямаса жаўызлық ушын айыплы бола алмайды)“.
Шайтан ақылдан азған (адамды жаман көретуғын) ийт сыяқлы сүўретленген, бирақ анығырақ қарасақ, оның мойнына жип байланған (ис-ҳәрекетке түспестен алдын оған Қудайдың рухсаты керек).
Ески Келисимдеги китаптан алдын Қудай шайтанды анық шексиз күшке ийе қылмай қойғаны қандай қызықлы. Барлық әўладлар даўамында ҳәр бир исениўшиге күшли кепиллик соншелли әҳмийетли болған. Жаўыз руўхлардың ҳүжими әлемниң шексиз күш-қүдиретиниң ийеси болған жалғыз ҳақыйқый Қудай екенлиги ҳаққындағы фактты өзгерте алмайды.
Даниел 2:3-4 патша оларға:
– Бир түс көрдим. Мени тынышсызландырған бул түстиң мәнисин билгим келеди, – деди.
4 Данышпанлар патшаға арамей тилинде былай деди:
– Мырзамыз патшаның өмири узақ болсын! Түсиңизди айтып бериң, бизлер оны жорып берейик.
Жаўыз руўхларда ой-пикирди оқый алатуғын қәбилети жоқ екенлиги ҳаққында мағлыўмат. Егер оқый алатуғын болғанда, олар патшаның ҳәр түрли мәсләҳәтшилерине оның түсиниң жорылыўын айтып берген болар еди.
Матта 24:36 Бирақ, сол күнди ҳәм сол саатты ҳеш ким де билмейди: аспандағы периштелер де, Улдың Өзи де, тек ғана Әкем биледи.
Бул жаўыз руўхлар ҳәмме нәрсени биле алмайтуғыны ҳаққындағы дәлил.
1Юхан 4:4 Перзентлерим, сизлер Қудайдансызлар ҳәм жалған пайғамбарларды жеңдиңлер. Себеби сизлердеги Мухаддес Руўх дүньядағы руўхтан уллы.
Жаўыз руўхларда күш бар екенлигине ҳеш ким тартыспайды, бирақ шексиз күш-қүдиреттиң ийеси – Қудай (усы аятта Мухаддес Руўхтың иснениўшилердиң ишинде жайласқанын көрсетеди)
Лука 8:33 Сонда жинлер адамнан шығып, шошқаларға кирди. Шошқа падасы жуўырысып, тик жардан көлге түсти де, батып кетти.
Герасалы жинге шалынған адамнан жинлер шығып кетиўге мәжбүр болған, ал оның орнына шошқаларға кириўге туўра келген.
Аюп 1:6-7 Бир күни иләҳий барлықлар Жаратқан Ийениң алдына келгенде, олар менен бирге шайтан да келген еди. 7 Жаратқан Ийе шайтаннан:
– Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады.
Шайтан Жаратқан Ийеге:
– Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.
Егер шайтан ҳәмме жерде бола алатуғын болғанда, ол аспанға ямаса жер жүзин гезип жүриўи шәрт емес еди. Анық сондай,
Матта 4:11 Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Шайтан Ийсаны сынағаннан соң, Оның қасынан кетти, деп сүўретленеди. Егер шайтан Ийсаның қасынан кеткен болса, ол Ийсаның қасында артық бола алмайды.
Бул жаўыз руўхлар ҳәмме жерде болыўға қәдир емеслиги ҳаққындағы дәлил.
Шайтанның ҳәм оның қасындағы қулаған периштелер топарының шекленгени түсиникли болды. Олар усы шеклениў менен жүретуғын жаратылған жанзатлар. Екинши тәрепте Қудай мәңги, бәрин билиўши, қүдиретли ҳәм Ол барлық жерде.
Масийхый жинге шалыныўы мүмкин бе?
Қысқа жуўап: Ҳеш қашан!
Кеңнен жуўап:
Галатиялылар 2:20 Мен Масийх пенен бирге атанақ ағашқа шегеленгенмен. Енди жасап атырған мен емес, ал менде Масийх жасап атыр. Ҳәзир денеде жасап атырған өмиримде мени сүйген ҳәм мен ушын Өзин қурбан еткен Қудайдың Улына деген исенимим менен жасап атырман.
Жинге шалынған адам мынадай жағдайда болады: жаўыз руўх оның ой-пикирлерин ямаса ис-ҳәрекетин бағытлап, толық басқарады.
1 Коринфлилер 3:16 Өзлериңиздиң Қудайдың ибадатханасы екениңизди ҳәм Қудайдың Руўхы ишиңизде жасап атырғанын сизлер ҳақыйқаттан да билмейсизлер ме?
Павел Жаңа Келисимдеги аўыр машқалаға дус келген жәмәәтлердиң бирине жазып атыр. Олардың Қудайдың ибадатханасы екенлигин айтып атыр. Егерде Мухаддес Руўх бизлерди жаўыз руўх пенен бөлисетуғын болса, онда бул қандай ибадатхана болыўы мүмкин?
2 Коринфлилер 6:15-16 Масийх пенен шайтанның арасында қандай келисим ҳәм исенетуғын адам менен исенбейтуғын адамның арасында қандай шериклик болыўы мүмкин? 16 Қудайдың ибадатханасы менен бутлар арасында қандай бирлик болыўы мүмкин? Ҳеш қандай! Себеби бизлер тири Қудайдың ибадатханасымыз. Қудай былай дейди:
«Мен олар арасында жасап,
Олар арасында жүретуғын боламан».
«Мен олардың Қудайы боламан,
Олар Мениң халқым болады».
Мухаддес Руўх жинлер менен бирге бизлердиң денемизде жасай ма? Бул мәниссиз.
1 Коринфлилер 6:19-20 Денеңиздиң өзлериңиз Қудайдан алған ҳәм сизлерде жасап атырған Мухаддес Руўхтың ибадатханасы екенлигин билмейсизлер ме? Сизлер өзиңизге тийисли емессиз. 20 Өйткени Қудай бийбаҳа төлем төлеп, сизлерди сатып алды. Сонлықтан да, өз денеңиз бенен Қудайды алғыслаңлар.
Егер Мухаддес Руўх жаўыз руўхлар менен адамның денесин бөлисиўи керек болса, онда усы аятлардың мәниси бар ма?
Колосалылар 1:13 Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди.
Егерде жин елеге дейин ишиңизде болса, онда қалайынша қутқарылыўға ийе болыў мүмкин?
2 Коринфлилер 5:17 Солай етип, ким де ким Масийх пенен байланысқа ийе болса, ол – жаңа жаратылыс. Ески нәрселер өтип кетти, минекей, енди ҳәммеси жаңа болды.
Егер жаўыз руўх елеге дейин ишиңизде болса, онда қалайынша ҲӘММЕСИ жаңа бола алады?
1 Юхан 2:13 …Жаслар, сизлерге жазып атырман,
Себеби сизлер шайтанды жеңдиңлер…
Егер жаўыз руўх елеге дейин ишимизде болса, онда қалайынша бул жерде – сизлер жаўыз шайтанды жеңдиңиз деп айтып атыр?
1 Петр 1:18-19 Хабарыңыз бар, ата-бабаларыңыздан қалған пайдасыз өмир тәризинен гүмис ямаса алтын сыяқлы өткинши нәрселер менен сатып алынбадыңлар. 19 Ал Қудайдың минсиз ҳәм кемшиликсиз Қозысы болған Масийхтың бийбаҳа қаны менен сатып алынып қутқарылдыңлар.
Солай етип, Қудай Масийхтың қаны менен сатып алған балларының бирин шайтан тәрепинен ийелениўине ҳәм басқарылыўына жол қоя ма?
«Аўа, исениўши болған бизлер өз ара емес, ал шайтан ҳәм оның жаўыз руўхлары менен гүрес алып барамыз. Мухаддес Китапта ҳақыйқый исениўшиниң жинге шалынғаны ҳаққындағы анық мысал, я мағлыўмат жоқ. Жаңа Келисим хатларында исениўшилерди жинлер ийелеп алыўы мүмкин, деген ескертиўлер де жоқ. Ҳәттеки, бизлер ҳақыйқый исениўшиден жаўыз руўхтың қуўылып, байлап, буйырылып атырғанын көрмедик».
Колосалылар 1:13 Қудай бизлерди қараңғылықтың ҳүкимдарлығынан қутқарып, сүйикли Улының Патшалығына көширди.
Қутқарылыў – ҳәр биримизди шайтаннан ҳақыйқый азатлықты ҳәм қорғаўды алып келеди.
Римлилер 8:37 Бирақ, булардың ҳәммесиниң үстинен бизлерди сүйетуғын Масийх себепли үлкен жеңиске ерисемиз.
Жаўыз руўх елеге дейин ишимизде болса, исениўшилер үлкен жеңиске ерисе ме? Бул қандай жеңис болыўы мүмкин?
Мухаддес Жазыўдың беретуғын сабақ жыйнағы – жаўыз руўхлар ҳеш қашан ҳақыйқый исениўшиниң кеңислигинде орналаспайды.
Өзин исениўшимен деп жәриялаған, бирақ жаўыз руўхқа шалынған адам ҳаққында не айтамыз?
«Бизлер масийхый деп ойлаған бир адамда жинге шалынған адамның ис-ҳәрекети көринсе, оның исениминиң шынлығы мәселесинде екилениўимизге алып келиўи тийис. Бул – масийхыйды жаўыз руўх бийлеп алыўы мүмкин бе, деген көз қарасымызды өзгертиўине жол қоймаўымыз керек. Ол ҳақыйқый исениўши, бирақ жаўыз руўхтың қыйнаўын басынан кеширген ямаса психологиялық машқала себепли қыйналған адам болыўы мүмкин. Деген менен, бизлердиң тәжирийбемиз Мухаддес Жазыў бойынша тексериўимиз шәрт, басқа жол менен емес. Керисинше, масийхыйлар ушын жинге шалыныў емес, ал жаўыз руўхтың тәсири ҳәм жаўызлығы шынлық. Бизлердиң жеке өмир тәжирийбемиздиң Мухаддес Жазыўды талқылаўға тәсир тийгизиўине жол қоймаўымыз жүдә әҳмийетли. Одан гөре, бизлер өмир тәжирийбемизди Мухаддес Жазыў шынлығы арқалы филтрден өткизиўимиз шәрт».
Бир адамның исениўши екенлигине асығыс түрде исенимли болыўға жүдә абайлы болыўымыз керек шығар. Шынлықтан тәўбе қылмаған адамға исенимли түрде қараў жүдә қәўип туўдырады. Сөзсиз, бизлер ол адамның бизлер менен бирге аспанға барыўын қәлеймиз. Бирақ сол адамның Қудайдың шаңарағына шынында да қосылды, деп сөз бенен марапатлаў арқалы хызмет қылмаймыз. Қуры гәп арзан. Ҳақыйқый қутқарылыўды тастыйықлайтуғын мийўе қаяқта?
«Мухаддес Китаптан тәўбе қылыў ҳаққындағы тәлимди иззертлеп, муқыятлы түрде үйренгенде, жаўыз руўхлардың исениўшиниң ишине ҳеш қашан кире алмайтуғыны ямаса оны ийелеп алма алмайтуғыны анық түсиникли қылады. Бир шопан ҳақыйқый тәўбе ҳаққында былай жазған еди:
„Мухаддес Жазыў тәўбе қылыў терминин сүўретлеп, ол өз ишине инсан тәбиятының өзгериўин тәмийинлейди ямаса билдиреди: қайтадан туўылыў, жаңа жаратылыс болыў, өлимнен қайта тирилиў, ой-пикирдиң жаңаланыўы, гүна ушын өлиў ҳәм ҳақлық ушын жасаў, ески адамды шешип таслап, жаңа адамды кийип алыў, қудайлық тәбияттың қатнасыўшысы болыў, ҳ.т.б“.
Егерде тәўбе қылдым, деп ойлаған адамларда шынлық ҳәм узақ даўам ететуғын өзгерис болмаса, өмир тәжирийбеси қандай болса да, олардың диншиллиги бийҳуда. Тәўбе қылыў адамның толығы менен гүнадан ўаз кешип, Қудайға жүз бурыўы. Әлбетте, Қудай тәўбе қылмаған адамды гүна ислеўден тоқтата алады, бирақ тәўбе қылған ўақытта, ол жүрегин ҳәм тәбиятын гүнадан мухаддесликке қарай бурады. Тәўбе қылған адам гүнаның душпаны болып қалады.
Енди, тәўбе қылдым деп айтқан, бирақ диншиллиги тез арада жоқ болып кеткен ҳәм бурынғы қәлпинде қалған адам ҳаққында не айтамыз? Ол менмен, дүнья қараста қалған, ақмақ, бузық ҳәм улыўма масийхый болмағанға уқсайды. Басқа диний тәжирийбелер оған қарсы сөйлегенинен де гөре, бул оған қарсы қаттырақ даўыс пенен сөйлейди.
Масийхта сүннетли болсын, сүннетсиз болсын, қайғылы өмир тәжирийбеси болсын, тыныш өмир болсын, әжайып гүўалық болсын, ямаса зерикерли болсын – булар ҳеш нәрсе емес. Тек ғана бир нәрсе есапланады, бул – жаңа жаратылыс болыў.
Сонлықтан бир адам тәўбе қылса ҳәм Ийсаға исенип, садық болса, ол адам жаўыз руўхқа ҳеш қашан шалынбайды.
Масийхый жаўыз руўхтан езилиўи ямаса оның тәсири астында болыўы мүмкин бе?
Әлбетте!
Ис тастыйықламасы А.
Жаўыз руўхқа шалыныў менен жаўыз руўхтан езилиў ямаса оның тәсири астында қалыўдың айырмашылығы бар. Жаўыз руўхтың езиўи ямаса тәсири – жинниң ямаса жаўыз руўхлардың исениўши адамға қарсы ҳүжимин, ямаса оны гүна ислеў әдетине жигерлендириўин өз ишине алады. Жаўыз руўхлардың күши Мухаддес Жазыўда анық көрсетилген. Олар физикалық ҳәм инсанның ақыл-ойына өз тәсирин тийгизе алады. Жаўыз руўхлар сансыз ҳәм жер жүзинде гезип жүрипти, солай екен олар исениўшилерге де, Қудайға исенбейтуғын адамларға да зыянын тийгизе алады.
Ескертиў сөзи:
Жоқарыда айтып өтилгениндей, жаўыз руўхлар адамның ой-пикирлерине, ден саўлығына ҳәм жүрис-турысларына өз тәсирин тийгизе алады.
Деген менен, көпшилик жағдайларда аўырыў ҳәм кеселликлер жаўыз руўхлар тәрепинен емес, ал бактерия, вирус, патаслық ҳәм инсанның ҳәлсизлиги себепли де болады.
Масийхқыйлар жаўыз руўхларға қандай мүнәсибетте болыўы керек?
1) Жаўыз руўхлардан қорқпаңлар.
Лука 12:5 Бирақ кимнен қорқыўыңыз керек екенин айтайын: өлтиргеннен кейин, дозаққа таслайтуғын Қүдирети күшли Қудайдан қорқыңлар. Аўа, сизлерге айтатуғыным: Оннан қорқыңлар.
Тек ғана Қудайда адамларды дозаққа таслаў бийлиги ҳәм уқыбы бар, бизлер тек ғана Қудайдан қорқыўымыз тийис.
2) Массийхыйлардың өмириниң аўыр жағдайларына таң қалып отырмаң. Павелдиң қыйыншылықларын еслейсиз бе?
2 Коринфлилер 11:23-27 Олар Масийхтың хызметкерлеримиз дей ме? Ақылдан азған адам сыяқлы айтып атырман: мен Масийхқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. 24 Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. 25 Үш мәртебе таяқ жедим. Бир мәртебе тас боран қылдыb. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. 26 Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардың тасыўы себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. 27 Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым.
Бул жағдай қаншелли жаўыз руўхлар тәрепинен болғанлығы ҳаққында бизлерге айтылмаған, бирақ қалған базылары ямаса булардың барлығы не ушын екенлиги туўралы Павел 2 Тимофей 2:3-4-аятларда өз пикирлерин айтады:
Масийх Ийсаның жақсы әскери болып, мениң менен бирге қыйыншылыққа шыда. 4 Хызметтеги әскер өзин әскерликке шақырған әскербасының кеўлинен шығыў ушын, турмыс ислери менен байланбайды.
Егер Павел хызмет пайтында қыйыншылықлардан қашып қутыла алмаған болса, онда сиз де қаша алмайсыз. Жаўыз руўхлар да өз ўазыйпасын орынлаўда қатнасатуғыны сөзсиз.
3) Жаўызлыққа қарсы гүресиўде Қудайдың берген ресурсларынан қолланың
Ефеслилер 5-6-баплар қарым-қатнаслар ҳаққында айтатуғын ең үлкен баплардың бири. Бизлердиң Қудай менен қарым-қатнасымыз (5:8), өмирлик жолдасымыз бенен қарым-қатнасымыз (5:22-33), перзентлердиң ата-аналар менен қарым-қатнасы (6:1-3), ата-аналардың балалары менен болған қарым-қатнасы (6:4), қул ҳәм хожайын (жумыс бериўши ҳәм жалланба жумысшы) (6:5-9)… ҳәм ақырында – бизлердиң шайтан ҳәм оның топары менен болған қатнасымыз.
Бизлер оған қалайынша қарсы турыўымыз керек?
Ефеслилер 6:10-11 Жуўмақлап айтқанда, Ийемиз бенен қатнаста болып, Оның қүдиретиниң күши менен беккемленип барыңлар. 11 Шайтанның ҳийлелерине қарсы тура алыў ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
Ол қандай қураллар ҳаққында айтып атыр?
Ефеслилер 6:13-17
Сонлықтан жаман күнде оларға қарсылық көрсете алыўыңыз ушын ҳәм толық жеңиске ерискениңизден соң, беккем тура алыўыңыз ушын, Қудайдың барлық саўыт-сайманлары менен қуралланыңлар.
14 Солай етип, орныңызда беккем турыңлар. Белиңизди ҳақыйқат белбеўи менен буўып, көкирегиңизге ҳақлық саўытын кийиңлер. 15 Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларыңызға аяқ кийим қылып кийиңлер. 16 Булардың ҳәммесине қоса шайтанның барлық отлы оқларын өшире алатуғын исеним қалқанын қолларыңызға алыңлар. 17 Қутқарылыў дуўлығасын ҳәм Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышын алыңлар.
Бизлер руўхый урыстамыз…
(Ефеслилер 6:12 Өйткени урысымыз қан ҳәм еттен ибарат болған адам баласына қарсы емес, ал бул дүньядағы көзге көринбейтуғын ҳәкимлерге, бийлеўшилерге, бул қараңғы заманның күшлерине ҳәм аспандағы жаўыз руўхларға қарсы).
Жаўыз руўхларға қарсы гүресиўимиз ушын руўхый ресурсларды қолланыўымыз шәрт.
Жаўыз руўхларға қарсы анық қандай қураллар болған руўхый ресурсларды қолланыўымыз керек?
Белимизди ҳақыйқат белбеўи менен байлаў – бул дурыс доктринаға ийе болып, буған шын кеўилден әмел қылып таяр болыў.
Көкирекке ҳақлық саўытын кийиў – бул аспандағы Әкемизге ҳәмме ўақытта бойсынып өмир сүриўди аңлатады.
Тынышлық Хош Хабарын жәриялаў таярлығын аяқларға аяқ кийим қылып кийиў – бул бизлердиң Оның сүйиспеншилигине ҳәм садықлығына исенимимизди билдиреди.
Исеним қалқанын қолларымызға алыў – бул исениўшилердиң Қудайға садық исенимиин билдиреди.
Қутқарылыў дуўлығасы – бизлер ҳәзирги ўақыттағы гүресимизде сөзсиз шексиз жеңисимизге сондай исенимли болыўымыз кереклигин билдиреди.
Қудайдың сөзи болған Мухаддес Руўхтың қылышы – бул Мухаддес Китап, усы қураллардың ишиндеги ҳүжимге өтиў қуралымыз болады. Сиз қалайынша буны жақсы биле аласыз? Сиз қолланыўға таяр турғандай, Мухаддес Жазыўдан ядыңызда қанша аятлар бар? Басқа сөз бенен айтқанда, сизиң Қылышыңыз қаншелли өткирленген?
Усы қуралларға даўам етиўши, жанлы дуўаны қосың…
Ефеслилер 6:18 Ҳәр түрли тилек ҳәм жалбарыныў менен, Мухаддес Руўхтың басқарыўында ҳәмме ўақыт дуўа етиңлер. Усы мақсет пенен сергек болып, пүткил мухаддеслер ушын табан тиреп сораңлар.
Мына аятта жоқарғы периштениң үлгисин көриў қандай қызықлы:
Яҳуда 9-аят: Ҳәтте, бас периште Михаил да Муўсаның денеси ҳаққында шайтан менен тартысқанда, оны ғарғап ҳүким етиўге батылы бармай, тек: «Жаратқан Ийениң Өзи саған сазайыңды берсин», – деген еди.
Шайтан менен болған тартыста уллы мәртебели периште шайтанға қарсы сөз айтпайды, шайтанға ҳеш қандай буйрық бермейди, ал одан гөре бул машқаланы Ийеге дуўа арқалы тапсырады ҳәм оны сол жерде қалдырады. Сиз де ҳәм мен де буннан артық жақсы ис қыла алмаймыз.
Инсаныйлық жоба менен, инсаный даналық ямаса сөзлер менен шайтанға, жаўыз руўхларға қарсы гүреспеўимиз кереклигин көрсетип, усыған пәт береди. Олай қылсақ, онда бул апатқа тез алып келетуғын жол болады. Буннан гөре өзлеримизди Қудайға тапсырып, Оның қуралын қоллансақ, жеңиске ерисемиз. Ҳеш қандай сыйқырсызлық, формуласыз, Қудайдың Сөзине сүйене отырып, мухаддес өмир сүрип, Қудайға шын кеўилден исенип, үмит етсек, бизлер беккем тура аламыз.
Қудайдың қуралы менен қуралланыў шайтан үстинен жеңиске ерисиў менен барабар. Бул қуралсыз бизлер руўхый урысқа қурал-жарақсыз кирген боламыз. Буны ким қәлейди?
Келиңлер, жаўыз руўхларды перспективаға салып, көрип шығайық:
Мухаддес Китаптағы кейинги бапта Павел өмириниң ақырында былай деп жазып өтеди…
2 Тимофей 4:7 Мен уллы саўашта гүрестим,…
Жаўыз руўхлардың күшин ҳәм қыйралыўын көре отырып, ҳеш ким оның менен бул гүрес деп тартысып отырмайды. Бирақ не ушын бул «жақсы» деп сүўретленген?
Жақсы, бизлер не нәрсе УШЫН гүресип атырғанымызға қараң:
Бизлер Қудай, ҳақыйқатлық, сүйиспеншилик… ушын гүресип атырмыз.
Бизлер ким МЕНЕН бирге гүресип атырғанымызға қараң:
Бизлер Мухаддес Руўх, Мухаддес Китап, исениўшилер… менен бирге гүресип атырмыз.
Бизлер неге ҚАРСЫ гүресип атырғанымызға қараң:
Бизлер жаўызлық, жалған, ўайрангершиликке қарсы гүресип атырмыз.
Енди гүресимиздиң АҚЫРЫ, ТАМАМЛАНЫЎЫ қандай болатуғынына қараң:
Бул ЖЕҢИС пенен тамамланады!
Исениўшилер жеңис тәрепте! Бизлер Қудайдың Патшалығының орнатылыўын, жанлардың Масийхқа уқсап өзгериўин ҳәм жаўызлықтың жазаланыўын көремиз.
Төмендеги сызық: Аўа, Павел, бул ҳәрекет етиўге турақлы жақсы гүрес!
Жуўмақлаў:
Дүньяда жаўыз руўхлар бар. Исениўшилер жаўыз руўхлар тәрепинен езилиўи мүмкин. Деген менен, бул қайғылы еситилсе де, сизди жаўыз руўх қыйнаўға итибар берип атырған болса да,
. Факт сол болып қала береди: жаўызлық қылыўымыз ушын бизлерге жаўыз руўх шәрт емес.
. Еремия 17:9 Адам жүреги ҳәмме нәрседен де ҳийлекер,
Ҳасла дүзелмейди, Оған ким түсине алады?
Галатиялылар 5:19-21а Адамның гүнакар тәбиятының ислери аян, олар: неке ҳадаллығын бузыў, ҳарамылық, бузықшылық, 20 бутпаразлық, сыйқыршылық, душпанлық, жәнжелкешлик, күншиллик, ғәзеп, менменлик, алаўызлық туўдырыў, бөлиниў, 21 қызғаншақлықc, мәскүнемшилик, айшы-әширет ҳәм усыларға уқсаған нәрселер.
Бизлердиң гүнакар тәбиятымыз ҳеш қандай жаўыз руўхтың қатнасысыз сондай гүнакар ҳәрекетлердиң барлығы менен шуғыллана алады.
. Егерде жаўыз руўх бизлерди қыйнаса, тынышымызды алса, жаўызлық ислеўге бизлерге түртки салса, усыларды ислемесимизден алдын, жаўыз руўхтың пикирлерине «аўа» деп жуўап беретуғын өзлеримиз боламыз. Шайтанды айыплаў арқалы өзлеримиз жуўапкершиликтен қутылып кете алмаймыз. Қудай жаўыз руўхтың беретуғын сол пикирлерине гүресиўимиз ушын, ресурсларды берип қойыпты. Сол ресурслар менен бизлер жеңиске ерисемиз. Бизлер шарасыз қалған жемтик емеспиз.
Ц. С. Леўис былай жазады:
«Бизлердиң урпағымыз жаўыз руўхлар ҳаққында қәтелесетуғын еки теңдей ҳәм қарама-қарсы қәтелер бар. Булардың бири – шайтан ҳәм жаўыз руўхлардың барлығына исенбеў. Екиншиси – оларға исениў және де, ҳәдден тысқары ҳәм надурыс қызығыўшылық сезимде болыў».
Келиңлер, мына мәсләҳәтлерге қулақ салайық!
Жаўыз руўхлар емес, ал Ийса Масийх Қудай.
Жаўыз руўхлар емес, ал Ийса ҳәмме нәрсени толығы менен бағдарлап турыпты.
Жаўыз руўхлар емес, ал Ийса гүналарымыз ушын қурбан болды.
Жаўыз руўхлар емес, ал Ийса Өз шаңарағының ағзасы қылады.
Ийса бизлер ушын ең жақсысын қәлейди, ал жаўыз руўхлар бизлерди өлтириўди қәлейди.
Ийемиз Ийса ҳәр биримиздиң сыйыныўларымызда, алғысларымызда, табыныўымызда, миннетдаршылығымызда, исенимимизде, қәўипсизлигимизде, бойсыныўымызда, хызметимизде ҳәм сүйиспеншилигимизде дыққат орайымызда болсын.