Мийрим
Мийрим ҳаққында еситпей турып, масийхый болыў мүмкин бе?
Исениўшилер бул сөзди өмириниң даўамында өз сәўбетлеринде жеделлик пенен жаяды.
Буннан тысқары, базы ҳаяллардың аты «Мийрим», деп аталады.
Мектеплерге ҳәр түрли атама қойылғаны сыяқлы, базы жәмәәтлер өз атамасына «мийрим» сөзин қолланады.
Бул әдетте жалпы жақсылықты сүўретлеў ушын ямаса ойланып исленген ис-ҳәрекетке қолланылады.
Мийрим масийхыйлардың өмириниң ажыралмас бир бөлеги екенлиги анық.
Ал бул дегени не?
Мийрим бизлердиң Қудай менен бирге жүриўимиз ушын Қудай тәрепинен берилген жәрдем
Бул мийрим – бизлерди Қудайдың шаңарағына алып келеди.
Бул мийрим – Қудайдың шаңарағында жасаўымыз ушын бизлерге берилетуғын күш.
Бизлер ҳеш нәрсени өз күшимиз бенен ислей алмаймыз.
Келиңлер, буны раўажландырайық.
Сабағымызды бизлер туўылған ўақыттағы қутқарылмаған жағдайдан басласақ болады.
Қутқарылмаған адамды Мухаддес Китап қалай сүўретлейди?
Ефеслилерге 2:1 Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер.
Қутқарылмаған адам руўхый өли. Аўа, ол физикалық күши көп болыўы ҳәм өмирде бәнт болып жасаўы мүмкин. Бирақ руўхый тәрепинен ол Қудайға өли сыяқлы жуўап бере алмайды.
Лука 19:10 Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди…
Қутқарылмаған адам руўхый жойтылған деп сүўретленген. Руўхый жақтан ол өзиниң қаяқта екенлиги ҳаққында пикири жоқ ҳәм онда қаяққа баратырғанын көрсететуғын картасы да жоқ.
2 Коринфлилер 4:4 Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масийхтың даңқын билдиреди.
Қутқарылмаған адам соқыр сыпатында сүўретленген, ол руўхый қараңғы дүньяда сүрнигип жүреди.
Бул қандай қорқынышлы сөзлер.
Сондай-ақ, бул Қудай менен қарым-қатнасы жоқ адамды Мухаддес Китап қалайынша сүўретлейтуғыны ҳаққындағы кишкене бөлегиниң дизими.
Бул сизге теңиз ортасында өзиниң не ислеп атырғанын билемен деп, туўры жолды билемен деп, ҳәмме менен бирге ҳәрекет етип атырман деп ойлайтуғын, бирақ шынына келгенде, ол мантығып атырған адамды еслетпей ме?
Қутқарыў ушын Қудай келеди.
Ефеслилер 2:8-9 Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, 9 ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды.
Мен суўға мантығып атырғанымда, достым мени суўдан қутқарып алып шыққаны сыяқлы, Ийса бизлерди Оған исениўимиз арқалы суўдан қутқарып алады.
Қызығы сол – достым мени суўдан қутқарып атырғанда, мен оны басқа жаққа қарай тартып атыр деп ойлап, артқа қарай тартқанман. Сол сыяқлы бизлер де адамлар руўхый надурыс бағытқа баратырғанымызды айтыўға урынғанда, оларға қарсылық билдирген шығармыз.
Ата-анам маған ең биринши Ийсаға Қутқарыўшы деп исениўим кереклигин айтқанда, мен олардан қандай да бир культқа, жалған динге исенип кетпедиңлер ме, деп қарсылық билдирген едим.
Бир жигит мени жатақханада Мухаддес Китапты үйрениўге мирәт еткенде, мен тап обадан қашқандай, оннан бас тарттым ҳәм оның артынан жаман сөзлер сөйледим.
Бирақ ақыры, Ийса бизлерди гүнадан қутқарғанда, бизлер узақ ўақыттан берли керекли болған таза ҳаўадан дем алдық, аман-есен жерге қонғандай болып, руўхый сөлесиўлерден жеңил тарттық.
Бизлер ақыры дегенде беккем, қозғалмайтуғын жерге сүйенетуғымызды билемиз.
Және де, бизлер кишипейил болдық, себеби усы ўақытқа дейин бизлердиң талпынып урынғанларымыз самалдың изинен қуўғандай еди. Көп күш жумсаўымыз ҳәм ҳәўеслер негизинде ҳеш нәрсе бермеди.
Гүнамыздан тәўбе қылғанымыздан соң, Ийсаға қарадық ҳәм ең биринши мәрте Оны толық жаңа нур екенин көрдик. Ол ант ишиўден де көбирек. Ийса өмиримизди бахытсыз қылмақшы емес. Ол мени гүнаға батып кетиўимнен сақлап қалыўды қәлейди. Оның бизлерге болған сүйиспеншилигинен ғайратланғанбыз.
Бирақ не ушын Ийса бизлерди гүнамыздан қутқарыў ушын сол барлық машқаланы басынан кеширди?
Егер бизлер сондай Қудайдан узақта екенбиз, Қудайдың бизлерди қутқарыўы ушын бизлерде басқа қандай да бир қызықтыратуғын нәрсе бар ма? Яқ.
Жақсы адам болғанымыз ушын Қудай бизлерди қутқара ма?
Яқ. Қутқарылмаған ўақтымызда, жақсы адамлар емес едик.
Қудай бизлерди қутқарыўға мәжбүр болғандай, Оның бизлерде қандай болса да қарызы бар ма еди?
Яқ.
Ефеслилерге 2:8 аятта «мийрим арқалы» деп айтылғанындай, Оның бизлерде ҳеш қандай қарызы жоқ.
Мийрим – Қудай бизлерди таңлады, басқа себеп жоқ, сонлықтан Ол бизлерди қутқарды.
Мийрим – бул өзлеримиз ушын қыла алмайтуғын нәрсени Қудай иследи.
Ол сырттан жәрдем берип, бизлерди шаңарағына қосыў керек еди.
Суўға мантығып атырғанымда, өзимди қутқара алмас едим. Қутқарыў ушын бир достым келген еди.
Ҳәр биримиз өзлеримизди гүнадан қутқара алмаймыз.
Қутқарыў ушын Ийса келди.
«Зыяраттың раўажланыўы» деген китап туўралы еситкен шығарсыз – масийхыйлар китапларының ишиндеги кейинги 2000 жылдың ақырларында көп сатылған китаплардың бири. Бул китап бир адамның гүнадан Қудайға қарай жол жүрип, зыярат қылған алегория, яғный салыстырмалы түрде айтылған ўақыя сөз етиледи. Бул бизлерге масийхыйлық өмирдиң мәңгилик түсинигин ҳәм ҳақыйқый руўхыйлықты береди.
Бул зыяраттың барысында ең баслы минезлеме, оның шайтан менен, нызамсызлық пенен, түскинлик пенен, гүна менен ҳәм сиз де, мен де гүресип атырған ҳәр бир нәрсе менен болған гүреси ҳаққында айтады.
Сораў: Ол Жаратқан Ийе менен жүрмесинен алдын оның аты ким еди? Ийсаның изине ериўши емес ўақтында, оның аты ким еди?
Мийрим етилмеген, яғный Мийримсиз. Бул қандай қорқынышлы ат.
Мийрим етилмеген болыў – Қудайдың сүйиспеншилигинен, Қудайдың қүдиретинен, Қудайдың реҳиминен, Мухаддес Руўхтан, Мухаддес Китапты түсиниўден, шын шерик болыўдан, мәңги өмирден, үмиттен ҳәм аспаннан айырылғанды билдиреди.
Мийримге ериспеў, бул гүнананың әтирапында айланып жүриў ҳәм буны аңламаўды билдиреди.
Бул қыйнайды ҳәм қорқытады.
Сондай категориядағы адам өз күши менен Қудай менен жақсы бола алмайды ҳәм ол дозақый болып қалады.
Сонлықтан барлық адамлар сондай жағдайдан азат болыў ушын сырттан жәрдемге мүтәж, болмаса үмитсиз жағдайда қалады.
Қудай сырттан керекли болған жәрдемшини, яғный Ийсаны гүналарымыз ушын қурбан болыўы ушын жиберди ҳәм қайта тиклеў ушын бизлерге Мухаддес Руўхын жиберди.
Мийрим: Қудай бизлер ылайықлы болмаған ҳәм өзлеримиз мийнет етип, жетисиў мүмкин болмаған бир нәрсе бериў ушын төменге түсти.
Қудай ҳеш қашан мениң кийимлеримди жуўмады ямаса мени азық-аўқат дүканына апармады. Буларды өзим ислей аламан. Мийрим – бул мен ислей алмайтуғын исти Оның мен ушын ислеп бериўинен ибарат.
Егер сиз ҳеш қашан Ийсаға келмеген болсаңыз, егер сиз Ол усынған бийпул қутқарылыўды қабыл етпеген болсаңыз, онда Қудай сизди: мийримге ериспеген – деп қарайды.
Илтимас, ҳәзирдиң өзинде тоқта ҳәм…
- Өзиңиздиң гүнакар екениңизди мойынлаң,
- Ийса атанақ ағашта сизиң орныңызға қағылғанына ҳәм Ол сизиң гүнаңызды Өзине алғанына келисим бериң ҳәм
- Оны Қутқарыўшым ҳәм Ийем деп өз өмириңизге қабыл етиң.
Бул кейинге қалдыратуғын дуўа емес. Ҳеш қайсысымыз қанша ўақыт жасайтуғынымызды билмеймиз. Илтимас, шын жүректен усы дуўаны қылың ҳәм буған салдамлы түрде қатнаста болың.
Ал егер сиз гүнаға батыўдан сақлаўына Ийсаға исенген болсаңыз, соннан кейин не болады?
Ийса мени қәўипли гүнаның батпағынан шығарғаннан соң ҳәм мени қәўипсизликке алып келгеннен соң, мен өзлигимнен жасай аламан ба?
Мийрим – бул Қудай бизлерди ҳақ деп есаплаған ўақытта бизлер ушын қылған исинен де анағурлым көбирек.
Мийрим – бул гүнамыздан тәўбе қылғаннан кейин, Қудай бизлерде ҳәм бизлер арқалы ислеўди қәлейтуғынынан ибарат.
Мийрим – қабыл етилиўди ҳәм ҳәр бир күнимизде толық масийхый өмирде жасаўды аңлатады.
Солай етип, егерде мийрим масийхыйлық өмирдиң тийкары болса, масийхыйлар бул ҳаққында нени билиўи тийис? Мухаддес Китап бизлерге дыққатқа сазаўар мийрим ҳаққында көп сабақларды береди.
1-Сабақ Мийрим машқалаларды алып таслаўы шәрт емес.
2 Коринфлилер 12:7-8 Қудайдың маған берген әжайып аянлары себепли өзимди жоқары тутпаўым ушын, Ол денеме бир тикен, яғный мени қыйнайтуғын шайтанның бир периштесин берип, мени менменликтен сақлап киятыр. 8 Буны меннен алып таслаўды сорап, Ийемизге үш мәртебе жалбарынған едим.
Ийса бизлерге усы өмирде қутқарыў кемесин бизлердиң жеңил өмир сүриўимиз ушын тасламады. Негизинде, Масийхқа келип, бизлер өзлеримиз алдын болмаған машқалаларды алып келемиз. Павел усы аятларда Масийхқа келгенинен соң оның өмирине келген машқала, аўыр машқала ҳаққында айтады.
2 Тимофей 3:12 Ҳақыйқатында, Масийх Ийсаға тийисли болып, Қудайдың жолы менен жасаўды қәлеўшилердиң ҳәммеси де қуўдаланады.
Егер бизлер ҳеш қашан қуўдалаў көрмеген болсақ, онда Қудай жолында жүрмеген боламыз, деп бизлерге айтылып атыр (қуўдалаў ҳәр түрли дәрежеде ҳәм ўақыт аралығында болатуғынын есте сақлаўымыз керек).
Юхан 15:18 Егер дүнья сизлерди жек көрсе, сизлерден алдын оның Мени жек көргенин билиңлер. (Ийса айтып атыр… ҳәм дүнья Оны сөзсиз жаман көрди)
Ийсаның өмири сынақларға толы болғанда, ал енди Қудай ушын өмир сүриў – өмиримизде ҳүким ҳәм сынақлардан азатпыз деп не ушын ойлаймыз?
Қудайдың бизлердиң барлық машқалаларымызды алып таслаўына қүдирети жетеди, бирақ Ол бундай қылмайтуғынын анық айтады.
Бизлер қыйыншылықлар ушын бизлерде ўақыт жоқ, деп Қудайға айтқымыз келип, азғырылыўымыз мүмкин. Бирақ Қудай: «Аўа, сен билесең», деп айтады.
Павел бизлердиң дәўиримиз ушын үлгили масийхый болыўы шәрт. Егер оның өмиринде сондай көп сынаўлар болған болса, онда бизлерде де сондай болатуғыны анық.
Бизлер Қудайдан «Не ушын мен? Мен не ушын усы қыйыншылықлардан өтиўим керек? Не ушын мениң өмирим стресске толы?» деп сорағымыз келип, азғырылыўымыз мүмкин.
Бирақ Павел: «мийримге жетискен ҳәр бир адам келешекте жеңил өмир күтпеўи керек», деп айтып атыр. Егер мен «Не ушын мен?» десем, (мен бул сөзлерди айтқанман) онда Қудай маған бир нәрседе қарыздар, деп айтып атырған боламан. Ол қарыздар емес.
Бир жасы үлкен исениўши былай деп жазған еди: «Аўыр сынақ, қыйыншылық көрмей, ҳеш кимниң мийрим ҳаққында үйренгенин көрмедим. Қыйыншылық Қудайдың сабақ беретуғын бөлмесиниң сабақлық кестесиниң бир бөлегине киреди». Бул узақ ўақыттан берли басымнан кеширген айтарлықтай ең аўыр сөзлер. Бизлер аўыр машақатлы ўақыттан өтпегенше, мийрим ҳаққында мен де, сиз де үйрене алмаймыз.
Бирақ, сизди қапа қылмастан алдын…
2-Сабақ Барлық машқалалар ушын мийрим жеткиликли.
2 Коринфлилер 12:9-10 Бирақ, Ийемиз маған: «Саған берген мийримим жетерли. Себеби Мениң қүдиретим ҳәлсизлик арқалы толық көрсетиледи», – деди. Сонлықтан Масийхтың қүдирети менде болсын деп, мен ҳәлсизликлериме еле де көбирек қуўанып, олар менен мақтана беремен. 10 Сол себептен Масийх ушын ҳәлсизликлерге, масқараланыўға, мүтәжликлерге, қуўдаланыўға ҳәм қыйыншылықларға ушырағанымда, мен қуўанышлыман. Өйткени мен қашан ҳәлсиз болсам, сонда күшлимен.
Павел өз өмириндеги ҳәм хызметиндеги боранларды қалай жеңип өтти? Ол мына жерде былай айтып өтеди:
Қудайдың мийрими жеткиликли.
Әҳмийетли нуқта: Бизлер шын-жүректен Масийхқа исенип келгеннен кейин, мийрим бизлерди ҳеш қашан таслап кетпейди. Павел Масийхтың изинен жүриўши болғаннан соң, ол көплеген қыйыншылыққа дуўшар болды. Шынында да, Павел алдынғы бапларда өзиниң көрген қыйыншылықлары менен бөлиседи:
2 Коринфлилер 11:23-27 … мен Масийхқа олардан гөре көбирек хызмет еттим. Мен оларға қарағанда көбирек мийнет еттим, көп мәртебе қамақта болдым, сансыз рет таяқ жедим ҳәм талай мәртебе өлим менен жүзбе-жүз ушырастым. 24 Яҳудийлерден бир кем қырықтан, бес рет қамшы жедим. 25 Үш мәртебе таяқ жедим. Бир мәртебе тас боран қылды. Үш мәртебе кемеде апатқа ушырап, бир күн, бир түн теңизде ығып жүрдим. 26 Көп мәртебе сапарға шыққанымда, қәўип астында болдым: дәрьялардың тасыўы себепли, қарақшылар себепли, өз миллетимниң адамлары себепли ҳәм басқа миллет адамлары себепли, және қалада, шөлде, теңизде ҳәм жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым. 27 Аўыр мийнет етип, қыйыншылық көрдим. Көп түнлерди уйқысыз өткиздим, ашлық ҳәм шөлди басымнан кеширдим. Талай мәртебе аўқатсыз қалып, суўықта кийимсиз болдым.
Яқ, масийхый, жағдай тез арада ямаса улыўма жақсыланыўы шәрт емес. Бирақ Қудайдың мийрими болып атырған жағдайға жәрдем бериўге жетерли.
Ескертиў: Қудай бизлерди гүнадан қутқарыў ушын мийримин береди.
Және де, Қудай исениўшилерге өмириндеги машқалаларды жеңиўи ушын Өз мийримин береди.
«Бул мийрим Павелди таслап кете алмайды. Бул ҳәр қандай тикенлерден қүдиретли, ҳәр қандай шайтанның елшисинен анағурлым қүдиретли.
Бул оны ҳәр түрли сынаўлар ўақтында қоллап-қуўатлайды ҳәм ҳәр бир сынаўларда ҳеш ким ылайықлы болмаған мийрим ҳақ болып жарқырайды».
Мийрим масийхыйды қандай болыўы керек болса, оны сондай қылады.
Сиз де, мен де узақ даўам етип атырған даўасы жоқ кеселликлерди, қатаң түрдеги ден саўлық машқалаларды басынан кеширип атырған адамды көремиз. Сонда оның усындай аўыр қыйыншылықтан қалай өтип атырған екен деп таң қаламыз?
Ол қалайынша қуяштай жарқырап, кеўилленип жүре алар екен?
Ал буның жуўабы … Мениң мийримим жетерли.
Суў бетинде аман қалыўмыз ушын, Қудай бизлерге барлық мийримин береди.
Мениң мийримим жетерли.
Ҳәммемиздиң өмиримизге, барлық жумысларымызға, барлық азапларымызға бул жетерли.
Павелдиң денесиндеги тикенине де – бул не болса да, бизлердиң де тикенлеримизге жетерли.
Сүйикли жақыныңды жойтқаннан кейин ең үлкен қайғы – сүйиспеншилик, қуўаныш ҳәм мийримниң туўры негизги булағы болған Жаратқан Ийеде бар болса да, енди булар жоқ болып кеткендей түйиледи.
Бизлерде басқа нәрселер – өмирлик жолдасымыз, шаңарағымыз, досларымыз, ден саўлығымыз, үйимиз, қәўипсизликгимиз жақсы ҳәм аман болған ўақытта, бизлер бирлесиўде ҳәм дуўа етиўде бар болған нәрселерди тереңнен үйрениўге талпынбаймыз.
Ал мийрим ҳаққында таўсылмайуғын ўақыялар бар. Бул өмиримиңиздиң қалған бөлегин өтеўге де жетерли, ҳәттеки артық – тереңирек ҳәм ақыллырақ адам еледе шадлыққа бөленетуғыны сыяқлы.
Оның мийрими жетерли.
Хуг Фрейзер 20 жасында Қытайға елши болып, хызмет етиўге кетти.
Ол сол жерде он жыллап жумыс ислеп, жемисли өмир сүрди. Ол жалғызлық пенен қалай гүрескен еди?
Оның мийрими жетерли.
Келешек қараңғы булттың артында белгисиз болып турған ўақытта, сиз жаңалық еситесиз, бул бизлердиң қуўанышымызды сақлайтуғын ҳәм хызметимизди ары қарай даўам еттириўге Оның мийрими жетерли екенин еслетеди.
Өмиримизде дус келетуғын қыйыншылықларды жеңип өтиўимизге Қудайдың мийрими жетерли.
Деген менен, қыйыншылық басымызға түскен ўақытта, онда сизге жәрдем бериў ушын мийрим бериледи. Ийемиздиң дуўасында былай айтылады: «бизлерге күнделикли нанымызды берегөр» – бул пүткил өмиримиздиң ақырына дейин бир мәрте бер дегени емес. Күнделикли мийрим күнделикли сынаўлар ушын бериледи. Өмирге ҳәр күни ийе болыў керек.
3-Сабақ Мийрим өз исин қылыў ушын кишипейилликти талап қылады.
Яқып 4:6 Деген менен, Қудайдың бизлерге беретуғын мийрими және де уллырақ. Сонлықтан Мухаддес Жазыўда:
«Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди», деп жазылған.
1 Петр 5:5 «Қудай менменлерге қарсы турады,
Бирақ кишипейиллилерге Өз мийримин береди».
Шынында да Қудайдың маған қарсы болғанын қәлеймен бе?Қудайдың жәрдеминен өзимди кесип, алып таслаўды қәлеймен бе? Усы жолдан жүриўди қәлемей турып, маған қосылың!
Мына айтылған сөз ҳаққында гүман жоқ: менменлик мийримниң өлтириўшиси екенлиги анық.
Менмен масийхыйға мийрим керек емес, олар мийримди тосып таслайды ҳәм оған жетисе алмайды да. Олар өзлеринше толық минсиз, сонлықтан Қудай оларды қоллана алмайды. Олар Қудайдың жумыс ислеўи ушын, Оған ҳеш қандай орын қалдырмайды. Бирақ кишипейил масийхыйлар Қудай толтырыўы ушын бос ыдыслар есапланады.
Масийхый, үлкен сүўретке қара. Егерде бүгин өзиңиз дус келип атырған жай-жағдай булдыраған, үмитсизлик, мәниссиз болып көринсе, онда және бир мәрте ойланып көр. Ибрайымның баласын қурбанлыққа бериўи кереклиги ҳаққында, Юсуптиң қамақханада болғаны ҳаққында, Аюп айтарлықтай ҳәммесинен айырылғаны ҳаққында, Петрдиң суў үстинде жүргенде, мантығайын деп қалғаны ҳаққында ҳәм Павелдиң нурдан көзи соқыр болып қалғаны ҳаққында еслең.
Усындай басқа ўақыяларды да умытпаң. Усы қатал, өзин бос сезиндирген жағдайлар, шынында Қудай тәрепинен жобаластырылған. Сонлықтан Қудай келешекте Ийемизге хызмет етиўимиз ушын, ҳәр биримизди таярлап барады.
Қудай Өзи жақсы көрген нәрселердиң орынланыўы ушын, Өзи жаман көрген нәрселерге жол қояды.
Ц.С. Леўис буны былай, деп жүдә жақсы айтып өтеди: «Қудай сыйларды қабыллайтуғын жетерли дәрежеде бос ыдысты қай жерден тапса, соған Өз сыйларын береди. Қоллары толып турған адам ҳеш қандай сыйды қабыл ете алмайды».
Егер сиз бүгин қыйыншылықтан өтип атырған болсаңыз, «егер Қудай жердеги ғәзийнемиз болған өмиримизди бослыққа толтырып атырғандай болып көринсе, онда Ол бизлерге ҳақыйқый мийримниң күши қандай екенин үйрениўимиз ушын мүмкиншилик берип атыр. Бизлер Масийхтың изине ериўшилер болғалы берли, өмиримиздеги көплеген кишипейил қылған өмир тәжирийбелеримизге қарасақ, қандай да уллы ислердиң басланыўы болғанын көремиз».
Буған ҳеш қандай гүман жоқ: жол берип, өзимиз ушын өлип, Ийсаның өмиримиздиң тахтында отырыўына жол қойсақ (өзиңизди кишипейил етип сүўретлеўди қәлерсиз), онда бул даналықтың ийиси.
4-Сабақ Мийрим – бул өзиңниң сүлдериңди қуратуғын тийкар
1 Коринфлилер 15:4-10 Және де, Мухаддес Жазыўлар бойынша, Ол қәбирге қойылды ҳәм үшинши күни өлимнен қайта тирилди. 5 Ол Кифаға, кейин он еки шәкиртине көринди. 6 Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанларға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды. 7 Буннан соң, Ол Яқыпқа, кейнинен барлық елшилерге көринди. 8 Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди. 9 Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен. 10 Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди. Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти
Ийе менен бирге өзимиздиң жүрген жолымызды, өзимиздиң хызметимизди басқа исениўшилердиң хызмети менен салыстырыў қандай аңсат.
Сол жигит Ийемизге қанша адамларды алып келди? Ол қанша шәкирт арттырды? Ол Мухаддес Китапты үйрениў сабақлығын неш мәрте өтти? Ол неше семинар өтти? Оның жәмәәтинде қанша адам бар? Салыстырыў бойынша азғырылыўдың шеги жоқ.
Өзлеримизди басқалар менен салыстырып, қаншелли ўақытты босқа өткиздик? Өзлеримизди басқалар менен салыстырып, қаншелли қуўаныш ҳәм шадлықты өзимизден урлағанбыз?
Енди Павелге қараңлар: Ол өзин қандай ҳәм кимдей қылған – бул мийрим екенин жақсы билетуғын еди. «Мийрим Қудай оны қалай көргиси келсе, сондай болыўына оған жигерлениў берди. Мийрим Қудай оннан нени ислеўин қәлесе, соны ислеўине күш берди. Өзине берилген артықмашылыққа ылайықлы емес екенлигин ҳәм буған ылайықлы бола алмайтуғынын түсинди. Павел өзиниң – ким болған едим деген машқаласынан азатлық алды ҳәм кемшиликли аўыр жүк сезимде емес, ал еркин түрде Қудайдың қәлеўин орынлады. Мийрим оның үнсиз, саяхаттағы көринбес ҳәм қорғаўшы жолдасы болды, себеби ол Қудайдың драмасында ойнаған ролине ҳеш қандай ылайықлы емес еди.
Павел өзин басқалар менен салыстырыўдан ҳәм бирге ислесетуғынлар менен жарысыўдан бас тартыўға пәт бериўи тийис еди. Мийрим бизлерди буннан азатлық береди.
Мен Қудайдың алдын ала белгилеп, сүўретлеп қойғаны бойынша айрықшаман.
Сиз Қудайдың алдын ала белгилеп, сүўретлеп қойғаны бойынша айрықшасыз.
Қудайдың мийрими бизлерге өзгеше ата-анамызды, үлкен шаңарақты, көринисимизди, мүмкиншиликлеримизди, уқыпларымызды, қоршалған әтирапымызды, ҳәр биримиз раўажланып атырған өмир тәжирийбемизди берди. Мине, усылар себепли раўажланамыз, өсемиз, хызмет етемиз ҳәм Қудайды даңққа бөлеймиз.
Дүнья тарийхының ақырында ҳеш ким ислей алмайтуғын мүмкиншилик менде ислеўге мүмкиншилигим болады – бул мениң «өзим болыў» мүмкиншилигим. Бул сиз ушын да тийисли. Келиңлер, буны ҳәр биримиз усы мумкиншилигимизди қолланайық!
Сиз өзиңиз болғаныңызға миннетдаршылық билдириң.
Қудай тайынлап қойыпты.
Бизлер шадлыққа бөленемиз.
5-Сабақ Мийрим бизлерге турақлылықты береди.
Кемелер ҳаққында ойланып көриң. Оларды күшли даўыл ҳәм толқынлар, қәўипли ағымлар ҳәр тәреплеме күшли соққылайды ҳәм бул өмир ушын жүдә қәўипли жағдайларды алып келеди.
Сонда бизлер көплеген қайықлардың аўдарылмағанына таң қаламыз.
Не ушын бундай болды?
Буның жуўабы балласт, яғный тең салмақлылықты сақлап турыў.
Балласт – бул аўыр тас, қум, темир ямаса қорғасын сыяқлы аўыр материал, бул кемениң ишине, төменги бөлегине жайғастырылған болып, оның тең салмақлылығын сақлап турады.
Ал, масийхыйларда кемелерде болғаны сыяқлы улыўмалық уқсас жағдай бар ма?
Бизлер кемелерге уқсап, шайтан тәрепинен соққыланамыз.
1 Петр 5:8 … Душпаныңыз шайтан кимди жутсам екен деп, ақырған арысландай болып гезип жүр. (Масийхыйлар, сизлер жүдә мазалы көринесиз)
2 Петр 2:1 Бирақ, бурын Израил халқы арасында жалған пайғамбарлардың болғаны сыяқлы, сизлердиң араңызда да жалған устазлар болады. Олар араңызға жасырын түрде азғын тәлиматлар киргизип, ҳәтте, өзлерин Өз қанын төлеп сатып алған Ийесин де тән алмайды. Солай етип, бундайлардың ис-ҳәрекети оларды тез арада набыт болыўға алып келеди.
2 Тимофей 4:3 Себеби адамлар дурыс тәлиматты тыңламайтуғын ўақытлар келеди. Олар жаман қәлеўлерине берилип, қулақларына жағатуғын сөзлерди сөйлейтуғын көп муғаллимлерди әтирапларына жыйнайды.
2 Коринфлилер 11:26 …жалған туўысқанлар себепли қәўип-қәтерге ушырадым.
Ефеслилер 4:14 Солай екен, ендигиден былай, гөдек болмайық. Адамлардың жалатайшылығы ҳәм ҳийлекерлиги арқалы пайда болған ҳәр түрли тәлиматлардың самалы менен ана жақтан мына жаққа шайқатылмайық.
Бизлер ескертилгенбиз! Шайтан тәрепинен соққыланыўды күтиң. Оның күшли ҳүжимине ҳеш қашан таң қалып отырмаң.
Ал енди исениўшилерди жерге қулаўдан сақлап қалатуғын балласт, яғный тең салмақты услап туратуғын айрықша нәрсе не?
Еврейлер 13:9 Ҳәр түрли жат тәлиматларға берилип, азғырылмаңлар. Жүректиң аўқатқа байланыслы қағыйдаларды орынлаў менен емес, ал Қудайдың мийрими менен беккемленгени жақсы. Ондай қағыйдаларды орынлаўшылар ҳеш қандай пайда көрмеди.
Шайтанның ең нәзик усылларынан бири – масийхыйларды дурыс тәлиматтан алыслатып, оларды берилген бир нуқта менен ҳәр түрли тәлиматқа орап алып, ушырып жибериў болып есапланады. Масийх өзгертпеди. Ата-бабалар өзгертпеди. Сиз де өзгертпең. Дүнья жүзиндеги ең қайғылы бир нәрсе, бул Масийхты толық тән алған, Масийхқа исенген адам шынында да қутқарылған болыўы мүмкин. Бирақ ол қандай да бир жалған тәлиматқа кирип кетип, тәсирсиз болып қалады, қуўанышын ҳәм сыйын, және де өз эффектин жойтады.
Галатиялыларға жүз берген нәрсе қайғылы ҳәм оның алдын алыў мүмкин нәрсе еди. Олар мийрим менен баслады, бирақ нызам тәрепине аўып кетиўге өзлерине жол қойды. Олар Руўхта баслады, бирақ денеде даўам етиўге ҳәрекет етип, кейин бузылды. Ал бул ҳәр биримизде жүз бериўи мүмкин. Павелдиң талқылаўы: «Мийрим менен баслап, нызамды қабыллаған сизлерге не болды?»
Елшилер 20:29 Мен кеткеннен соң, сүриўди аямайтуғын жыртқыш қасқырлардың араңызға киретуғынын билемен.
Павел Ефестеги жәмәәтке шынлықты үш жыл даўамында үйретиў ушын болғанннан соң кетиўге таяр турған еди.
Сонда ол кетейин деп атырғанда, оның қатты қорққан нәрсеси мынаў еди:
Елшилер 20:30 Ҳәтте, араңыздан шәкиртлерди жолдан азғырып, өзлериниң излерине ертиў ушын, ҳақыйқатты бурмалаўшы адамлар шығады.
Мине, усы жүз берип атырған еди. Бул ҳаққында гүман да жоқ еди.
Солай етип, жәмәәт буған қандай жуўап бериўи тийис еди?
Елшилер 20:31 Сонлықтан сергек болыңлар! Үш жыл бойы, күн-түн демей көз жасларымды төгип, ҳәр бириңизге үзликсиз ақыл-нәсият бергенимди еслериңизде сақлаңлар!
Жәмәәт айрықша қандай қәдемлерди басыўы керек еди?
Елшилер 20:32 Енди мен сизлерди Қудайға ҳәм Оның мийримин билдиретуғын сөзге тапсыраман. Бул сөз сизлерди беккемлеп, Қудайдың мухаддес болған пүткил адамлары менен бирге сизлерге де мийрас бериўге қүдирети жетеди.
«Мен ислей алатуғын нәрсе, мине Сөз, буны тереңнен үйрениң, өйткени тек ғана усы сизлердиң қорғаўшыңыз, деп айта аламан». Бул сизлердиң бийлигиңиз болсын. Бул сизлер ушын жеткиликли ҳәм қанаатландырыўшы болсын!
Бизлер кейинги руўхый апат болмаўымыз тийис. Булардан қашыўымыз керек. Мухаддес Китаплық тәлим диетасында байрамлаң. Сонда сизге келетуғын даўылда турақлы беккем тура аласыз. Сонда сиз рак сыяқлы тәлиматты анықлай аласыз.
Павел жәмәәттиң сапалы ақсақалын сүўретлеп, былай жазғанда, таң қаларлық емес еди:
Титус 1:9 Және де, жәмәәт жетекшиси басқаларды дурыс тәлимат пенен жигерлендириўи ушын ҳәм ҳақыйқатқа қарсы шыққанларды әшкаралаўы ушын, исениўшилерге үйретилген ҳақыйқат сөзи бойынша ис тутыўы тийис.
Жетекшилер өз хызметиңизди орынлаң! Дурыс тәлиматты жақсы билип алың. Сергек болың. Ескертиң! Қарсы турың! Нәтийжесинде жарылқаў алың!
6-Сабақ Мийрим бизлердиң сөзимизди туўрылайды.
Колоссиялылар 4:6 Сөзиңиз ҳәмме ўақытта жағымлы ҳәм дузлы болсын. Сонда сизлер ҳәр бир адамға қалай жуўап бериў кереклигин билип аласызлар.
«Дуз затларды консервелеў қолланылып, оларды айнып кетиўинен сақлайды. Масийхыйлардағы уллы сөзлер дөгерегин қоршап турған дүньядағы мораллық ҳәм руўхый бузатуғын нәрселерден өзин услаўға жәрдем береди. Сондай-ақ, олар күш береди ҳәм мүтәжлерге жубаныш береди».
Жақсылыққа болсын, жаманлыққа болсын – айтылған ҳәр бир сөз күшке ийе. Сөзлеримиз мәниге ийе.
Күн даўамында денеңиз алған жарақат тез тәўир болып кетиўи мүмкин. Бирақ жанларымыз бизлерге қарсы айтылған аўыр сөзлерден әстенлик пенен тәўир болады.
Өз аўызымызды Ийеге бағышлаған ўақытта, Мухаддес Китап қайта-қайта жарылқаўлар менен бизлерди тәмийинлейди.
Ефеслилер 4:29 Аўызларыңыздан ҳеш бир жаман сөз шықпасын. Ал орны менен сөйлеп, еситкенлердиң руўхын көтеретуғын пайдалы сөзлерди айтың.
Ҳикметлер 12:18б Дананың сөзи шыпа берер
Ҳикметлер 15:4а Мүләйим тил – өмир тереги,
Ҳикметлер 10:31а Әдилдиң аўзы даналықтан сөйлер
Ҳикметлер 16:24 Жағымлы сөз палдай татлы,
Жанға жағымлы, денеге шыпалы
Қандай әжайып шақырық! Тиллеримизди адамларға зыян тийгизиў ушын емес, ал бизлер исеним, жигерлендириў ҳәм адамларды исенимде көтериўди ойлап, олардың өмирлерине Қудайдың мийрими кирип барыўы ушын ыдыс болыўымыз керек!
Адамлардың өмирине өз тилиңиз арқалы мийримниң ағыўына жол қойып, тәсириңизди тийгизиў ҳаққында ойланың!
7-Сабақ Мийрим ҳәмме ўақытта сақыйлыққа алып келеди.
Елшилер 4:32-34 Исениўшилер жыйынындағы ҳәмме адам бир жан, бир тән еди. Ҳеш қайсысы да өз мал-мүлкин «меники» демейтуғын еди. Ал ҳәмме нәрсесин орталыққа қойды. 33 Елшилер Ийемиз Ийсаның қайта тирилгени ҳаққында күшли жигер менен, тәсирли түрде гүўалық беретуғын еди ҳәм олардың ҳәммеси Қудайдың уллы мийримине ийе еди. 34 Олардың арасында жоқшылықта жасайтуғын адам болған жоқ…
Бул жерде не болып атыр? Әпиўайы ғана мынаў жүз берип атыр: Қудай биринши жәмәәтке Өз мийримин көрсетти, өз гезегинде жәмәәт мүтәжлерге сақыйлық пенен мийримди бөлисип атыр. Қудайдан не алған болса, соны басқалар менен бөлисти. Ҳеш қандай буйрық ямаса басшы бундай сақыйлықты алып келе алмайды. Ҳеш қандай буйрықтың ямаса басшының кереги жоқ.
Сондай-ақ исениўшилердиң сақыйлық пенен бериўине үлкен байлық әҳмийетли де емес. Буның себеби мынаў еди:
2 Коринфлилер 8:1-4 Туўысқанлар, бизлер сизлерге Қудайдың Македониядағы исениўши жәмәәтлерге берген мийрими ҳаққында билдиргимиз келеди. 2 Олар аўыр қыйыншылықлар менен сыналған болса да, қуўанышқа толды, жүдә кәмбағал болса да, шексиз сақыйлық көрсетти. 3 Жағдайлары көтергенше, ҳәтте, жағдайларынан артық дәрежеде олардың өз қәлеўи менен сақыйлық көрсеткенине мен өзим гүўалық беремен. 4 Олар Яҳудиядағы мухаддеслерге берилетуғын жәрдемге, яғный усы қайырлы иске қатнасыўды өтиниш етип, бизлерге жалбарынған еди.
Бул жерде не болып атыр? Еки әҳмийетли нуқта:
- Македониядағы жәмәәт күшли сынаўдан өтип атыр еди ҳәм финанс бойынша жарлы еди.
- Македониядағы жәмәәт Қудайдың мийриминен терең тәсир алған еди ҳәм Ерусалим жәмәәтиниң финанс жағынан мүтәж екенин еситип, Ерусалимдеги исениўши туўысқанларына ақшалай жәрдем берди.
Македониядағы жәмәәт не ушын бундай жол тутты?
Сақый болыў ушын, көп ақша болыўы шәрт емес.
Өз өмиринде Қудайдың мийрими менен толған исениўшилер Қудайдың жарылқаўларын өзлеринде услап қалмайды. Сол жарылқаўлар оларға шын жүректен басқалар менен бөлисиўди кеўиллерине салады.
Сақыйлық – жанның жаңаланыўының, яғный адамның қайтадан туўылғанының айқын дәлили.
Хош Хабар китапларын оқый отырып, Ийсаның сақыйлығын байқамай кетиў мүмкин емес. Соннан соң, жәмәәттиң 2000 жыллық тарийхына нәзер салың – шыпаханаларға, жетимханаларға, көмек бериў шаралары менен мектеперге ҳ.т.б. жәрдемлер берилип келген. Бул масийхыйлардың сақыйлығы мийримге тийкарлаған еди. Масийхыйлар сақыйлық пенен береди, себеби Масийх олардың ишинде. Бул әпиўайы ғана. Бизлердиң сақыйлық пенен бериўимиз, Қудайдың ийелигинде екенимизди көрсетеди.
Мийрим арқалы Масийхқа уқсас өмирдиң толқынлы тәсири, пүткил дүнья жүзи бойлап үлкен мийримниң күшинен гүўалық береди.
Исениўшилер ушын әмелий қәдем:
Оның мийрими сизиң өмириңизге де жетерли екенин умытқаныңыз ушын, бир исти ислеўден услап турған нәрсе бар ма?
Бизлер бир исти қыла алмаймыз, дегенимизде, бул шынында да бир нәрсени ислемеймиз дегенди аңлата ма?
Масийх ушын өз әтирапыңыздағы дүньяға тәсир тийгизгиңиз келе ме? Сиз арқалы ислеп атырған мийримди дүньядағы адамлардың көриўине жол қойың.
Мийрим… бул шынында да өмирди өзгертиўши.
Бул ғайры тәбийғый – бизлер денеде ҳеш қашан ислей алмайтуғын ислерди ислеўимизге жәрдем береди.
Бул масийхыйлардың өмирин жанландыратуғын жанылғы.
Бул әжайып емес пе?