Шайтанның қара нийет дизими
Әжайып, батыр, дыққатлы, қорқпас, өзине исенген, мақсетке умтылыўшы, қорқыўды билмейтуғын, шешимге келиўши, қумарлы ҳәм қайтпас қара.
Ким ҳаққында айтып атырман?
Бул шайтан ҳаққында.
Ол ҳаққында: шырмаланған, бузылған, бузық, жолы жаўызлық ҳәм усыған уқсаған көп нәрселерди айтыўға болады.
Солай етип, оның күнделикли жобасы қандай? Оның ойын жобасы қандай?
Ол өз күшин нелерге жумсайды?
Оның ең баслы мақсетлерин болжаўға болады
Қудай қәдирлейтуғынлардың ҳәммесин шайтан жоқ қылыўға урынады.
Егер бир нәрсе Қудайға тийисли болса, шайтан да соған итибарын қаратады.
Егер Қудай бир нәрсени қурыўға ҳәрекет етсе, сиз анық билиўиңиз тийис, шайтан оны бузыўға ҳәрекет етеди.
Келиңлер, буны анықлаўға бираз ўақыт ажыратайық.
Бизлер Матта 4:1-аяттан баслайық
Бизлер шайтан тәрепинен Ийсаның үш мәрте сыналғаны ҳәм Ийсаның шайтанға Мухаддес Жазыў менен қарсы турғаны ҳаққындағы ўақыя менен таныспыз.
Бул үзинди дурыс ҳәм анық қолланылған – демек, бул бизлерге Мухаддес Жазыўды ядлаў шайтанға, азғырылыўға ҳәм гүнаға қарсы турыўымыз ушын ең баслы қурал екенин еслетеди.
Бирақ буны айтып атырып, бизлер бир нәрсени асығып қалдырып кеттик, бул әҳмийетли бир нәрсе.
Матта 4:1
Соннан соң, шайтан сынасын деп, Мухаддес Руўх Ийсаны шөлге алып барды.
Шайтан Ийсаны сынады ма?
Бул сөзлер айтарлықтай бизлерге шайтанның минезлемеси ҳаққында Мухаддес Китаптағы басқа аятларға қарағанда көбирек нәрсени айтады.
Шайтан Ийсаның Қудай екенин билетуғын ба еди?
Әлбетте, билетуғын еди. Шайтан Қудайдың тахт салтанатына бара алатуғын еди – бул ҳаққында Аюп 1-бапта айтылады.
Сөзсиз, ол Ийсаны сол жерде көрген еди.
Шайтан өзиниң жаратылған жанзат екенин билетуғын ба еди?
Әлбетте.
Шайтан өзин ким жаратқанын билетуғын ба еди?
Әлбетте, билетуғын еди.
- Матта 4-бапта шайтан Ийса менен орын алмасыўға ҳәм солай етип, Ийсаны өзине хызмет еттириўге ҳәрекет етип атырған жоқ па?
Бул таң қаларлық. Қой, бул нәрсе суўға батқандай батып кетсин.
Шайтан Қудайдың салтанатын, аспанның уллылығын көрди. Ол Қудайдың неге қәдир екенинен – Оның қүдиретинен, күшинен, даналығынан ҳәм басқа да көп нәрсеге қәдир екенинен хабары бар.
Усы барлық мағлыўматқа ийе бола тура, ол Қудайдың екинши бирлигиниң изинен барыўға ҳәм Оны төмен түсирип таслаўға шешим қабыллайды.
Шайтан ақмақ па? Яқ.
Яқшы, онда не ушын ол имканияты жоқ ўазыйпаны әмелге асырыўға урынды? Ийсаның жолдан шығып, қулаўы жүз бермейди.
Не ушын шайтан буны ислеўге урынды?
Бул турақсыз менменлик деп аталады. Ол өзин сүйиўи, өзин даңққа бөлеўи ҳәм марапатты сүйиўшилиги арқалы сондай соқыр болған. Бул жерде Ийсаның артынан келиўге жүрексинген дегенди билдиреди. Ол ақыл менен пикирлеў ушын барлық уқыбын жойтқан еди.
Бул жерде оның мақсети қандай үмитсиз еди, деп ойлаўды тоқтатың. Аўа, ол буған ҳәрекет етти.
Сонда шайтан не ислеўи керек еди?
Матта 4:11 Соннан кейин, шайтан Оның қасынан кетти. Сонда периштелер келип, Ийсаға хызмет етти.
Жақсы периштелер, Қудайға қарсы бас көтерген шайтанның изине ермеген периштелер Ийсаға хызмет етти, Оның хызметинде болды.
Бизлер шайтанның қара нийетиниң дизиминдеги бурмалаўға ҳәм ҳәр түрли дәрежеде ўайран қылыўға ерискен 7 нәрсени қарап шығамыз.
Усы жерде шайтанның қара нийет дизиминдеги бир нәрсе бар, ол усы исти ислей алмады.
Пүткиллей ислей алмады.
Бирақ ол ҳәрекет етип урынды. Ҳәттеки, мен буннан демимди ишиме жутып, қатып қалғанман.
Шайтанның сүўретлемеси, ол менмен, өр көкирек.
Онда ҳеш қандай қорқыныш жоқ, толығы менен ҳүжим етиўге таяр ҳалда.
Мүмкиншилиги болса ең үлкен балықты аўлаўға қорықпады.
Ол ҳеш қаяққа кетпейди.
Солай етип, шайтан қай жерде табысқа ийе болды?
Оның қара нийет дизиминиң ең баслы нәрселери не?
Жаратылыс 1:1 Ең баста, Қудай аспан менен жерди жаратты.
Көпшилигимиз тәбияттан ләззет алып, тәбият қушағында қуяштың батыўын тамаша қылып, қуслардың сайраўын еситип ҳәм булақлардың ағысының жумсақ даўысларынан рәҳәтленип ўақыт өткериўди жақсы көремиз.
Ал Қудайға сыйыныўды ҳәм Оның бизлерге берген әжайып даңқының көринислерине миннетдаршылық билдириўди тоқтатып қоямыз.
Үйге, өзимизге жақынырақ жантассақ – айна алдында турғанымызда, бизлер Қудайдың айрықша мақсет ушын әжайып етип жаратқан Оның қол өнерин көремиз.
Қудайдың Өзи жаратқан ҳәр биримиздиң қәдир-қымбатымыз бар.
Бизлер күтилмегенде пайда болмадық.
Қудайдың бармақ излери айнадан көрип турған өзлеримизде ҳәм әжайып тәбиятта бар.
Солай етип, бул пикир шайтанға туўры келмейди. Жаратылыс 1:1 аяттағы жаратылыўды ойлап табылған эволюция менен бузып көрсетип, сизди адамға уқсаған маймыллардың ямаса горилланың әўладысаң деп айтады. Ал Қудайдың жер планетасы менен де, сиз бенен де ҳеш қандай қатнасы жоқ.
Эволюция адамды әлемдеги мәртебели орнынан урлап, шомылыў ханасындағы айнада көрип турған сизди тосаттан пайда болған ҳәм усы жаз айындағы көрип турған тәбияттың күтилмегенде пайда болған сулыў бир адамысаң, деп үйретеди.
Соның менен бирге, эволюция Мухаддес Китаптың исенимлилигин жоққа шығарады.
Егер Жаратылыстағы 1-аят өтирик болса, онда кейинги жазыўларға қалайынша исениў мүмкин?
Эволюция Мухаддес Китаптың исенимли тийкарларын суўырып алып таслайды.
3-Жаратылыс 1:27-аят та шайтанның қара дизиминде.
Қудай адамды Өзине уқсатып жаратты. Оларды еркек ҳәм ҳаял етип жаратты.
Кейин шайтан Қудайдың жоқарғы жаратылысын өзиниң мишенине қойған.
Келиңлер, ҳәзирдиң өзинде мынаны белгилеп өтейик: Қудай тек ғана еки жынысты жаратты.
Егер урықта ХХ хромосома болса, онда қыз туўылады, егер ХҮ хромосома болса, онда ер бала туўылады.
Ал бул ҳеш қашан өзгермейди.
Генди өткермелеў Қудайға ең баслы қарсы ҳүжим екенин билесиз бе?
Солай етип, Ол сизди жаратқанда не ислеп атырғанын билген жоқ па еди. Оның сиз ушын жобасы жағымсыз болған ба еди, Сиз шынында да өз жынысыңызды өзгертиўди нәзерде тутып атырсыз ба. Өзиңиз қәлеген жыныста болмақшымысыз.
Солай етип, адамлар операция жолы менен жынысын өзгертиўди ҳәм еркеклер ҳаяллардың кийимлерин, ал ҳаяллар еркеклердиң кийимлерин кийиўди баслады. Дүньядағы барлық операция қылыўшы докторлар операция жолы менен сизиң ХХ ямаса ХҮ хромосонс болып туўылғаныңыздың фактын өзгерте алмайды.
Қудай сизиң қандай жыныста болыўыңыз кереклигин таңлады. Сизиң жынысыңыз өзгертилиўи мүмкин емес. Қудай ҳеш қашан қәтелеспейди.
Қудайдың еркиниң бир бөлеги – бул өмириңизде қандай жыныста болыўыңызды сиз ушын Ол таңлады. Бул анық ҳәм түсиникли.
Ал бул тек шайтанның ҳүжиминиң басланыўы ғана. Ер адам шаңарақтың сүйиўши жетекшиси болыўы ушын сүўретленип, дөретилген. Бирақ қопал жаўыз болыў ямаса ҳәлсиз болыў себепли азғырылыўға көп адамлар түсти ҳәм усындай бузылған адамлар ушын таза термин – токсик еркеклер, яғный шерменде еркеклер сөзи пайда болды.
Ал базы ҳаяллар әскерий феминизмге, яғный әскерий ҳаялға түсип, өз мәртебесин шаңарақтан жоқары қойып, еркеклерди шошқа сыяқлы қойды – енди оларға ким керек?
Ҳаял болыўға шайтанның ҳүжими үзликсиз даўам етип атыр.
4-Шайтанның қара нийетиниң дизиминде – Шаңарақ
Ер ҳәм ҳаялды бир қылыў ҳәм динамикалық екеўлик форманы дүзип, неке деп атаў Қудайдың мақсети еди.
Солай етип, Қудай бир-бири менен турмыс қурыўы ушын еркек ҳәм ҳаял қылып жаратты.
Ал шайтан келип, некени қайта көрип шығады ҳәм еки бирдей жыныстағыларды некеге киргизеди.
ФБ дағы досларымның бири Ийса гомосексуализм ҳаққында ҳеш нәрсе айтпайды, деп айтқан еди, бирақ оның Матта 19:5-аятты умытқаны анық еди.
5 Және Ол былай деген: «Сонлықтан ер адам ата-анасын қалдырып, өз ҳаялына қосылады ҳәм екеўи бир дене болады»
Мениңше бул айтарлықтай анық болды.
Және де, усы жерге Еврейлер 13:4-аятты киргизиўимиз керек.
4 Ҳәммеңиз некеге ҳүрмет пенен қараңлар. Некеңиздиң төсеги гүна менен былғанбасын. Себеби Қудай бузықшылық ислегенлерди ҳәм неке ҳадаллығын бузғанларды ҳүким етеди.
Анық усы жерде бизлерде Мухаддес Китаптағы жынысый қатнас ҳаққында ең жақсы балансты услап туратуғын аят бар.
Бул ушын дурыс орын.
Бул ушын надурыс орын.
Бул неке ушын сақланған, тек ғана дурыс некениң мәниси бар. Енди сиз шайтанның буны бурмалайтуғынын, некени арзан, мәниссиз қылатуғынын ҳәм неке бирлигиниң жарылқаў гилтин бузатуғынын билдиңиз.
Шайтанның қара дизиминиң 5-басқышына қарай өтемиз:
Жаратылыс 4:1
1 Адам ҳаялы Ҳаўа менен жақынласқаннан соң, ҳаялы ҳәмиледар болып, Каинды туўды. Сонда Ҳаўа: «Мен Жаратқан Ийениң жәрдеми менен адамды дүньяға келтирдим», – деди.
Бөпелер.
Бул жерде шайтанның қылатуғын ҳүжиминиң атамасын билемиз.
Бул – аборт деп аталады.
Ең баслы ҳуқықтан айырыў – жасаў ҳуқықы.
Дүнья жүзинде бир күн ишинде 126000 аборт етиледи екен.
Қудайға не нәрсе әҳмийетли болса, шайтанға да сол әҳмийетли.
Жер планетасындағы өмирдеги ең баслы факторлар, жағдайлар Жаратылыс китабының алдынғы бапларында айтып өтилген.
Жаратылыс
Мухаддес Китаптың исенимлилиги
Еркек ҳәм Ҳаял
Неке қурыў
Бөпелер
Мине, усылардың ҳәммесине шайтан тәрепинен аяўсыз ҳүжим етилген.
Бирақ шайтанның қара дизиминде және басқа да 2 негизги нәрсе бар.
Жаратылыс 12:1-3 аятлар:
«1 Жаратқан Ийе Ибрамға:
„Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар. 2 Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң. 3 Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады“, – деди».
Бул жерде не жүз берип атыр?
Жаратылыс 12-баптан алдын жер планетасында ҳеш қандай еврей жоқ еди.
Қудай усы Жаратылыс 12-бапта Ибрайымды тапты ҳәм былай деди:
– Ҳәй, ер адам. Сен таза халықтың негизги бабасы боласаң.
Егер сиз еврейлер қай жерден пайда болған деп, ҳайран болып жүрген болсаңыз, сораўыңызға жуўап усы жерде.
Олар анық усы жерден басланады.
Еврейлер дүньядағы халықлар ушын Қудайдың трамплини болыўы керек еди.
Еврейлер арқалы Қудай мыналарды береди:
Өзиниң китабын
Пайғамбарларын
Өзиниң Қутқарыўшысын
Өзиниң үмитин.
Пүткил тарийх даўамында не ушын еврейлер қуўдалаўларға дуўшар болып келди?
Өйткени олар Қудайдың айрықша халқы болды. Олар шайтанның жүдә көп реакциясын келтирип, нәтийжеде еврейлер тарийхта көп қуўдалаўларға дуўшар болды.
Мен интернеттеги Гоогл программасында еврейлердиң қуўдаланыўы ҳаққында излегенимде, дәрҳәл б.э. 250 жыллардан баслап 200 ден аслам қуўдаланыўларды көрсетти.
Бул қуўдаланыўлар мыналардан ибарат еди:
Отқа жағып жиберилиў
Қырып таслаў
Синагогасын өртеп жибериў
Қуўып жибериў
Мәжбүрий диннен бас кештириў
Қул қылыў
Мал-мүликти тартып алыў
Китапларын өртеп жибериў
Тирилей отқа жағыў
Жаўызларша аламан ҳалында қырып таслаў
Нызам қорғаўынан шығарып таслаў
Аламан ҳүжими себепли өлтирилиў.
Орта шығыста үзликсиз жәнжелдиң себеби не?
Қудай еврейлерди жақсы көргели берли және қосымша дәлиллер
жаўызларша,
Үзликсиз түрде
шайтан оларға ҳүжим қылып киятыр.
Бул бизлерди шайтанның қара дизиминиң ең соңғы баслы мәселесине алып келеди.
7-басқыш. Матта 16:18
Өз жәмәәтимди орнатаман
Ески Келисимде Қудай Өзи ушын басқа халықларды қутқарыў ушын Израил деп аталған ел арқалы иследи.
Яҳудийлер Ийсадан жүз бурғаны ушын олар ўақтынша бир шетке қойылып турды ҳәм Матта 16:18-аят бойынша Қудай басқа халықларды қутқарыў ушын жәмәәт деп аталған дүнья бойынша шөлкем арқалы жөнелтеди ҳәм излейди.
Дурыс, Ески Келисим менен Жаңа Келисим арасында үлкен айырмашылық бар.
Ески Келисимде Қудай ел, халық арқалы ислейди
Жаңа Келисимде Қудай шөлкем, жәмәәт арқалы ислейди.
Ески Келисимде шайтан Израил елине ҳүжим еткени сыяқлы, шайтан ҳәзирги ўақытта ҳүжимин жәмәәтлерге қаратты.
Шайтан жәмәәтке қалайынша ҳүжим етип киятыр?
Онда келиңлер, Коринфлилер жәмәәтине нәзер таслайық.
Баплар изинен бапларға қарасақ, апат көремиз.
Галатиялыларға қарайық – сизди ким сыйқырлап қойды?
Аян китабында 7 жәмәәттен 5 жәмәәт жолдан шыққан ҳәм олар тәўбеге және Қудайдың жолына қайта түсиўге мүтәж.
2000 жыл даўамындағы жәмәәт тарийхын шолып шықсақ, бүгинги күнге дейин көплеген қорқынышлы ўақыялар болған.
Мынаған исенимли бола аласыз:
Узақ ўақыттан берли исениўши болсаңыз, шайтанның жәмәәтке қандай ҳүжим еткенлеринен хабарыңыз бар. Таңлаў ушын бундай ўақыялардан сонша көп мысаллар бар.
Шайтан жәмәәтиңиздеги ағзалардың ҳәр бириниң адресин билмейди, деп бир замаатта ойламаң.
Шайтанның жәмәәтиңизге ҳүжим қылыў жобасы жоқ деп бир замаат та ойламаң.
Солай етип, сизде шайтанның ең баслы қара нийетиниң дизимлери бар.
Ол Ийсаны қулатыўға ҳәрекет етти, бирақ оның қолынан келмеди.
Деген менен, ол жаратылысқа қарсы ҳүжиминде табысқа ерискен:
Мухаддес Китапқа,
Ер ҳәм ҳаялға,
Некеге,
Бөпелерге,
Израилға,
Жәмәәтке,
Мине усыларға қарсы ҳүжиминде табысқа ерискен.
Шайтанның ўайран қылыў бойынша қандай шебер екенин көрдиңиз бе?
Мысалы: Имаратты бузыўшылар имаратты партлатыўды қәлесе, оларға көп динамик керек емес.
Олар тек ғана имараттың бир неше тирепбердисин партлатса болды. Солай етип, олар имаратты услап турған бир неше тирепбердисине динамикти байлайды ҳәм имаратты толығы менен қулатады.
Енди шайтанның қара дизимин көрип турсызлар ма?
Яқ, шайтан Ийсаны қулата алмады.
Солай етип, ол ең баслы структураларға қарсы шығады.
Бул структураларды Қудай жердеги тиришиликке тәртип, турақлылық ҳәм гөззалықты берди.
Жаратылыс,
Мухаддес Китап,
Ер ҳәм ҳаял,
Неке,
бөпелер,
Израил,
жәмәәт.
Әне булардың барлығын Қудай жарылқаў ҳәм структура бериў ушын дөреткен.
Булардың барлығына шайтан ўайрангершилик ҳәм жоқшылық әкелиў ушын ҳүжим етти.
Шайтанның усы ең баслы структураларға қарсы ҳүжими кейинги бир неше он жыллар ишинде жүдә тез күшейип кетти.
Ал, масийхыйлар шайтанның ҳүжимине қандай жуўап бериўи тийис?
Бизлерде ең баслы 2 таңлаў бар.
1-Таңлаў. Бизлер Аюптың ҳаялының мәсләҳәтине кириўимиз керек, ол ўайраншылыққа жүзлесип, жақсы көргенлерин жойтқанда, күйеўине Қудайға нәлет айтып, өлип кетиўди айтады. Аюп 2:9
Басқа сөз бенен айтқанда, егер Қудайға ериў аңсат болмаса, онда Оған ериў ушын улыўма тынышын алма.
Ўақтыңды босқа өткерме.
Кейинги ўақытлары көплер сол ҳаялдың шәкирти болатуғынына ҳәм масийхый болыў қыйынлаў болғаны ушын Қудайға арқасын қарататуғынына көзим жетеди.
Бул 1-таңлаў.
Мен 2-таңлаўды мақуллайман.
Эстер 4:16
Эстердиң өзи былай дейди:
16 «Барып, Сузадағы барлық яҳудийлерди жыйнап, мен ушын ораза тутыңлар. Үш күн ҳәм үш түн ҳеш нәрсе ишип-жемеңлер. Мен де өз қәнизеклерим менен сизлер сыяқлы ораза тутаман, соңынан бул нызамға қарсы болса да, патшаның алдына бараман. Егер мениң өлиўим тийис болса, өлемен».
Ол бул жерде не айтып атыр?
Қудай оны қыйын ўақытта өмир сүриўге шақырғанын анық көрип турғанын айтып атыр.
Қудайдың оның өмири ушын ерки мынаў еди: Қудай ушын өз өмирин қәўипке қойыў, Оның изине ерип, батыр болыў, Қудай ушын өз өмирин бағышлаў.
Ол анық усыларды ислеўди даўам етеди.
Өзлеримиз ҳаққында не айта аламыз?
Келеси жақын жылларда егер жәмәәт Мухаддес Китаптан узақласып, масийхыйлық азайып кетсе, исениўшилер жақсы жасамаса ҳәм Қудайдан жырақта болған дүньядағы адамлар ушын жәмәәт мәниссиз болса.
Бирақ, қәнекей, жәмәәт шәкиртлерди жетистирип, оларды оқытып тәрбиялайтуғын лагерь сыпатында өзин көре алса.
Қәнекей, егер жәмәәт күшли исенимдеги руўхый гүресиўшилерди раўажландыратуғын спортзал сыяқлы өзин көре алса.
Егер жәмәәтте әпиўайы аңсат нәрселер емес, ал Қудайдың ҳақыйқатлығы ўаз етилсе.
Егер жәмәәтлер күшли исениўшилерди өсирсе, онда бизлер Қудай ушын қандай қун төлеў керек болса да, өз ўазыйпамызды қабыллап жасаймыз.
Сондай-ақ, бизлер алдын көрмеген мийримниң күш-қүдиретин көремиз.
Және де, бизлер алдын болмаған дуўаларымыздың жуўабын көремиз.
Және де, бизлер басқа адамларға гүнадан жүз бурып, Ийсаға келиўине ҳәм Оның ҳақыйқый изине ериўшилери болыўына жәрдем беремиз. Сонда Қудай бизлер арқалы даңққа бөленеди.
Бүгин «Шайтан бизлерди силкитип турыў ушын ҳәм бизлердиң қандай адам екенлигимиз көриниўи ушын, Қудай шайтанның қолын босатып қойыпты»
Еки таңлаў.
Қудайға нәлет айтып, кейин өлип кетиў ме?
Ямаса
Егер мен өлсем, өлип кетейин, бирақ Қудайды таңлайман!
Ал, енди сиз қайсы бирин таңлайсыз?