Пәк туылыу
Күнлердиң биринде, мен ҳәдден тыс шаршап, өз машинамда жол жүрип киятыр едим. Рульде уйықлап қалмаў ушын, күшимниң барынша ҳәрекет еттим.
Шаршағанымның себеби жели шыққан дөңгелек болса керек. «Бирақ, бул оншелли қорқынышлы емес. Бул бары-жоғы артқы дөңгелек ғана. Бул дөңгелексиз-ақ ҳәрекет етиўди даўам етсе болады».
Негизинде, бундай ойларда қандай да бир жүдә надурыс нәрселер барлығын түсиниўге бир қанша ўақыт кетти.
Ийса Масихтың пәк туўылыўын жалған деп, адамлардың қалай ҳүжим еткенин еситсек, бизде масихыйлық пәк туўылыўсыз-ақ ҳәрекет етеди, деген биринши ой пайда болыўы мүмкин. Масихыйлықта ол ҳәрекетке келиўи ушын және басқа дөңгелеклер жеткиликли. Келиңлер, аўзымызды жаўып жүрейик.
Бирақ кейин, биз тереңирек анализ жасап, тоқтап қаламыз ҳәм қыздан туўылыў масихыйлықтағы аўысық дөңгелек емес екенин түсинемиз.
Бул ең әҳмийетли дөңгелек болып, масихыйлық олсыз ҳеш жаққа бармайды.
Қыздан туўылыўды ыдыратып атырғанлар менен мүләйим болыўды қәлегенимизде де, биз оларды мақуллай алмаймыз. Жүдә көп нәрселерге тәўекел етип, жүдә көп нәрсени итибарға алыўға туўра келеди.
Келиңлер, Ийса Масихтың қыздан туўылыўына қарсы болған усы ҳүжимлерди қарап шығайық. Бул ҳүжимлер қашан басланған? Олар қаяқтан келип шығады?
Юхан 8:41
Сизлер өз әкеңиздиң ислерин қылып атырсызлар, –деди.
– Бизлер некесиз туўылған жоқпыз. Бизлердиң бир ғана Әкемиз бар, Ол – Қудай, – деп жуўап берди олар.
Бул сөзлер жазылған түп нусқада пәт БИЗ сөзине түседи.
БИЗ некесиз туўылған жоқпыз.
БИЗ нызамсыз туўылған жоқпыз.
Яқшы, демек, егер биз нызамсыз туўылмаған болсақ, онда ким нызамсыз туўылған? Олар айтпаған, бирақ Ийсаға тийгизип айтпақшы болған нәрсе бул: «Ийса, Сен некесиз туўылғансаң, Сен әкеңниң ким екенин билесең бе өзи?» – деген сөзлер еди.
Яҳудий әдебиятына қараң ҳәм сиз онда Ийсаның Мәриямның нызамсыз туўылған улы сыпатында сүўретленгенин көресиз. Ийсаның нызамсыз туўылғаны туўралы сөзлер еки тәреп арқалы да, яғный яҳудийлер ҳәм яҳудий емеслер тәрепинен де 2-ши ҳәм 3-әсирлерде кең тарқалған еди.
18-әсирде ой-пикирлер революциясы, Ағартыўшылық революциясы деп аталған революция жүз берди. Нәтийжеде кәраматларға гүман туўғызыў үрдиске айланды.
Кәраматлар ғайрытәбийғый қубылыс болғанлықтан, адамлар олардың болыўына гүман туўдырды ҳәм бул Ийса Масихтың қыздан туўылыўын да өз ишине алды.
Бирақ кәраматсыз ўақыя идеясы қыялый нәрсе екени олардың басына кирип шықты ма екен? Ал қыздан туўылыў болса ҳақыйқаттан жүз берди.
Бүгинги күнде, феминистлерде Мәриям Ийсаның туўылыўында қолланылды делинген мәниссиз пикирлер бар. Сиз Мухаддес Китапта Мәриямның шағым жасағанын көресиз бе?
Және де, бүгинги күнде, илимпазлардың либераль топары да болып, олар бирге жыйналып, қыздан туўылыўды тән алмаған еди. Олар Мәриям Юсуп ямаса басқа бир ойнасы менен жынысый қатнаста болған деген пикирди мақуллап, соған даўыс берди.
Мүмкин, олардың жулдыз изертлеўшилердиң келиўи ойлап табылған нәрсе, бийгүна нәрестелердиң қырып тасланыўы өтирик, мухаддес хожалықтың Мысырға қашыўы әпсана деп айтқанын да билиў сизге қызық болар. Олар шын дәлиллерге сүйене отырып, сол шешимлерге келгенин айтты.
иреўдиң қызлығы туўралы 20 әсир өткеннен кейин қалайынша изертлеўлер өткере аласыз? Бирақ олар өзлерин уллы илимпазлар деп есаплады. Сиз олардан тек сорасаңыз болды.
Егер сиз грек қудайлары туўралы әдебиятты үйренсеңиз, ҳаяллар менен қосылатуғын олимп қудайларын билиўиңиз мүмкин. Биреўлер қыздан туўылыўды да сол категорияға жайластырған.
Өтмиште 2000 жыл алдын Ийса Масихқа қарсы исленген ҳүжимлердиң жаңаша түске енгенлери де соншелли көп.
Ўақты-ўақты ТВ да нәҳән имаратлардың бузылыўы туўралы көрсетиўлер пайда болады. Имараттың бузылыўына жуўапкер компания ракетларды ушырмайды ҳәм жайларға бомба тасламайды. Олар имарат ишине тийкарғы тирепбердилерге динамит орнататуғын экспертлерди жибереди ҳәм сонда пүткил имарат әстен, бирақ таслар үйиндисине айлана турып, исенимли түрде қыйралады. Көп динамит талап етилмейди. Тек усы имараттың тийкарғы тирепбердисин табыў ушын даналық талап етиледи.
Қыздан туўылыў – бул масихыйлықтың пүткиллей тийкарғы негизлериниң бири болып табылады. Егер оған динамит байлап жарып жиберсе, масихыйлықтың пүткил имараты әстен бирақ исенимли түрде қыйралып, шыл-пәрше болады.
Буның Қудай ушын әҳмийетли екени шайтанға белгили. Ол Қудай ушын әҳмийетли нәрселерге ҳүжим етиў бойынша қәбилетли. Ол Қудайға әҳмийетли нәрсени қыйратыўды қатты қәлейди ҳәм сол себептен, ол некеге, жынысый қатнасқа ҳәм хожалыққа қарсы ҳүжим етеди. Буннан да бетер, усы себепли ол қыздан туўылыўға да қарсы ҳүжим етеди.
Сиз: «Солай болса, не болыпты?» – деўиңиз де мүмкин. Дана адам өз гүреслерин сақ болып таңлаўы керек. Бул гүреске бел байлаў ылайлықлы ис пе екен? Не ушын бул сен ушын әҳмийетли болыўы керек? Не ушын биз Ийса Масихтың қыздан туўылыўында беккем турыўымыз тийис?
Буған бир неше себеп бар. Олар қандай тәртипте келиўи әҳмийетли емес.
Егер қыздан туўылыў болмаған болса, онда Қудай бизлер менен бирге емес.
Матта 1:18-23
Ийса Масихтың туўылыўы былай болды: Оның анасы Мәриям Юсупке атастырылғаннан кейин, олар қосылмастан бурын, Мәриямның Мухаддес Руўхтан ҳәмиледар екенлиги билинди. Оның күйеўи Юсуп ҳақ адам болып, Мәриямды уятқа қалдырмайын деп, оған үйлениўден жасырын түрде бас тартыўды ойлады. Ол усылай ойлап жүргенде, Жаратқан Ийениң бир периштеси оның түсине енип:
– Ҳәй, Даўыттың урпағы Юсуп! Сен Мәриямды өзиңе ҳаяллыққа алыўдан қорқпа. Оның ишиндеги баласы Мухаддес Руўхтан. Мәриям Ул туўады. Сен оның атын Ийса деп қоясаң, себеби Ол Өз халқын гүналарынан қутқарады, – деди. Булардың ҳәммеси Жаратқан Ийениң пайғамбар арқалы алдын ала айтқан мына сөзлериниң орынланыўы ушын болды:
Мине, қыз ҳәмиледар болып, Ул туўады. Оның атын Иммануел деп қояды. Иммануел «Қудай бизлер менен бирге» деген мәнисте.
Бул жерде периште Юсуп пенен сөйлеседи. Ал бизлер Юсуп ушын өзи менен биреўдиң сөйлескени ҳәм қатты жақсы көретуғын сүйиклиси еки қабат болып қалғанын түсиндиргени керек болғанын билемиз.
Юсупке бул ҳәмиледарлық ушын Мухаддес Руўх жуўапкер екенлигин ғана айтып қоймастан, баланың Иммануел, яғный Қудай бизлер менен бирге деп аталатуғыны да билдирилди.
Қудай Әке ҳәм Қудай Мухаддес Руўх сыяқлы, өтмиште мәңгиликте бар болған, Қудай Әке ҳәм Қудай Мухаддес Руўхқа тең болған бул бала бир ўақытлары жер бетин басып жүретуғын болады.
Ол Өз тәжирийбесинде жер бетинде бизлер ийе болған жаманлықларды бастан кеширди. Ол Өз тәжирийбесинде маңлай терин төгип мийнет етиўди биледи. Ол Өз тәжирийбесинде азғырылыўға түсиў дегенди биледи. Ол Өз тәжирийбесинде қабыл етилмеўди биледи. Ол Өз тәжирийбесинде азап шегиўди биледи.
Оған исенгенлер болса, өз тәжирийбесинде гүна ушын өлип, Оның менен бирге өзиниң ески өмири ушын жерленип, Оның менен бирге өлимнен тирилиў ҳәм Оның менен бирге аспанға көтерилип, гүна үстинен салтанатқа ерисиўди бастан кеширеди.
Егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, Ийса да Қудай болмаған. Онда Ийса тек әпиўайы адам болған. Онда Қудай да бизлер менен бирге емес. Биз де ҳеш нәрсени үйрениўимиз керек емес.
Егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, онда Ийса да Қутқарыўшы емес ҳәм Ол бизиң гүналарымыз ушын минсиз қурбанлық сыпатында жарамсыз болғаны.
Ақырдағы сол Нәресте бизиң гүналарымыз ушын атанақ ағашта азап шеккен денеден айырыла алмайды.
«Ийсаның туўылыўын Оның азап шеккенинин ажыратыў – бул шириген биймәни нәрсеге дуўшар болыўды аңлатады.
Коринфлилерге 2-хат 5:21
Қудай бизлердиң гүналарымызды ҳеш қашан гүна ислемеген Масихқа жүкледи. Масих пенен байланысқа ийе болған бизлер Қудай алдында усы арқалы ақландық.
Бул ядлаў ҳәм ол үстинде ой жуўыртыў керек болған тийкарғы аят. Бул аят биз Масихтың изине ере алыўымыз ушын шәртлесиў жүз беретуғыны туўралы айтады.
Бир ойлап көриң. Ийсаның ҳақлығы бизге жүклениўи ушын, бизиң гүнамыз Ийсаға жүкленген.
Бул онша әдил болмаған алмасыўдай болып көринеди. Оны атанақ ағашқа қағады ҳәм Ол бизге өзимизде болмаған ҳақлықты бериў ушын, гүналарымыз ушын азап шегеди.
Ол бизлерге өзлеримиз ылайық болмаған, биз мийнет етпеген, биз ислеп таба алмайтуғын ҳәм биз Оған қайтара алмайтуғын бир нәрсени бере ме?
Оның мухаддеслиги ушын мениң ипласлығым ба?
Оның үмити ушын Мениң ҳәлсизлигим бе?
Оның белгили болған жағдай ушын мениң бийшара жағдайым ба?
Бундай шәртлесиўге қандай саўдагер қайыл болған болар еди? Ол жүдә бийпайда жағдайда қалады. Ол көп нәрсе береди ҳәм есесине алба-дулба нәрсени қайтарып алады. Ҳеш қандай аўырманлық түсиретуғын шәртлер ҳәм ҳеш қандай шағымлар, налыў ҳәм наразылық жоқ! Енди сиз Оның сүйиспеншилигиниң не ушын гүмансыз деп аталатуғынын көрип турсыз ба?
Егер биз Ийсаның изине еремиз дейтуғын болсақ, онда адамларды Ол сыяқлы сүйиўимиз кереклиги енди түсиникли болған шығар? Яғный, Ол сыяқлы ҳеш нәрсени күтпестен ҳәм жийи-жийи ҳеш нәрсе қайтарып алмастан, бәри бирде усылай ислей бериўди даўам етиўимиз тийис. Көтериңкилик пенен ҳәм шағым етпестен, налымай ҳәм наразы болмастан ба? Бирақ егер қыздан туўылыў болмаған болса, онда бул шәртлесиў шыл-пәрше болады. Егер қыздан туўылыў болмаған болса, Ийса да Қудай болмаған деген мәнисте. Бул демек, Ийса тек әпиўайы адам болған. Бул демек, Ол да биз бенен сиз сыяқлы гүна ислеген. Бул демек, мен Оған өз гүналарымды бергенимде, Онда маған қайтарып беретуғын ҳеш қандай баҳалы нәрсе жоқ дегени. Бул тек өз гүналары менен аўмасатуғын еки гүнакарды аңлатады. Бул демек, менде гүна машқаласынан шығатуғын ҳеш қандай жол жоқ дегени. Бул демек, бизлердиң ҳәммемиз дозаққа қарай баратырмыз. Уллы масихый жазыўшы К. С. Льюис былай деп жазған еди: «Адамлардың Қудайдың перзентлери болыў мүмкиншилигине ийе болыўы ушын, Қудайдың Улы адамға айланды». Бул сөзлер тек егер қыздан туўылыў болған болса ғана ҳақыйқат болады. «Туўылыўдың таң қалдыратуғын мәниси соннан ибарат – Қудай мениң мүтәжликлеримниң ҳәм Оның менен қарым-қатнасымның қунын аўырыўлы орын алмасыўдан өтиў ушын жеткиликли себеп деп есаплады.
Егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, онда биз Қудайдың қандай екенин билмеген боламыз.
Масихыйлықты сынға алыўшылар Ийса Өзин Қудай деп тастыйықламады, дейди. Олардың келеси аятты дыққатқа илмегени жүдә жаман болды.
Юх ан 10:30
Мен ҳәм Әкем бирмиз.
Қудай Әке ҳәм Ийса бир болып, олар бир тәбиятқа, айрықша белгилерге, минезлемелерге, айрықшалықларға, сыпатларға, қәсийетлерге ийе.
Қудай Әке сизди сүйеди, Ийса сизди сүйеди. Қудай Әке мухаддес, Ийса мухаддес. Қудай Әке ийгиликли, Ийса ийгиликли. Қудай Әке мәңгилик, Ийса мәңгилик. Қудай Әке дана, Ийса дана. Қудай Әкениң қүдирети күшли, Ийсаның қүдирети күшли. Қудай Әке сабырлы, Ийса сабырлы. Қудай Әке ким болмасын, Ийса да анық сондай. Ал Қудай қандай? Ол Ийса Масихтай.
Ҳақыйқат: Қудайдың тири ҳәм жазылған сөзи арқалы көргенимиз болса, бизге Қудай Әке туўралы басқа ҳеш нәрсе белгили емес. Бул демек, Масихтан ўаз кешсеңиз, сизде Қудайды билиў ушын басқа ҳеш қандай үмит болмайды, дегенди аңлатады. Ҳеш қандай!
Солай етип, биз Юхан 14:8 ге келемиз.
Филип Ийсаға:
– Ийем, бизлерге Әкени көрсет, бизлерге соның өзи жеткиликли, –деди.
Бул аят Ийса атанақ ағашқа шегелениўден алдынғы күни түнде пайда болады. Ийса шәкиртлери менен үш жыл бирге болды. Солай болса да, Филип Ийсаға: «Сениң пүткил тәлийматың жеткиликли емес. Мен Әкени көргим келеди», – деп өтинеди.
Егер Ийсаның өмиринде түңилгени себепли басын дийўалға урғысы келетуғын ўақытлар болған болса, усы ўақыя солардың бири болған болар еди.
Юхан 14:9
Ийса оған былай деди:
– Филип, Мен сонша ўақыттан бери сизлер менен бирге болсам да, Мени еле билмейсең бе? Мени көрген Әкени көрген болады-ғо. Сен не ушын: «Бизлерге Әкени көрсет»,– деп айтып атырсаң?
Адамзат Қудай Әкениң қандай екенин көре алыўы ушын, Ийса Өз өмириниң 3 жылын Өз минез-қулқын, Өз мақсетлерин, Өз қәсийетлерин ашыў менен өткерди. Сонда Филип: «Ийса, кешир, бул жеткиликли емес. Мен көбирек нәрсени қәлеймен», – дейди.
Филип, кешир. Сен Қудай Ийса сыяқлы екени туўралы ҳеш қандай қосымша аянларды алмайсаң. Саған Қудай Әкениң қандай екени туўралы ҳеш қандай қосымша аянлардың кереги жоқ. Себеби егер тыңласаң, Ийса әлле қашан Әкениң қандай екенин бирме-бир көрсетип берди.
Және бир нәрсе сораўдың орнына, Ийда сизлерди әлле қашан үйреткен нәрселерди дыққатқа алып, баҳалап, үйренгенде болмай ма?
Буннан тысқары, егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, онда Ийса Қудай емес, онда сизлер де, мен де Қудай Әкениң қандай екени туўралы ҳеш қандай түсиникке ийе емеспиз. Бул демек, бизлердиң ҳәммемиз китапханаға барып, Қудай туўралы сөз ететуғын бир қушақ китап алып, олардың ишиндеги қайсысы дурыс екени туўралы пал пишемиз. Өйткени егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, демек Ийса Қудай емес, ал әпиўайы адам болған. Бул демек, биз бенен сиз ҳеш қашан Қудайдың қандай екенин биле алмаймыз. Демек, сиз Қудайды ҳеш билмейсиз ҳәм ҳеш қашан биле алмайсыз.
Егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, онда аспанға барыў ушын ҳәрекетиңизди баслай бериң.
Римлилерге 6:23
Себеби гүнаның төлеми – өлим, ал Қудайдың сыйы – Ийемиз Масих Ийса арқалы берилетуғын мәңгилик өмир.
Егер сизде жумыс болса, онда сиз өз мийнетиңиз ушын төлем аласыз. Егер гүна ислесеңиз, онда сиз өз гүнаңыз ушын төлем аласыз. Бул төлем өлим, яғный Қудайдан мәңгиге айырылыў болып табылады. Гүна – бул ҳеш қандай ҳәзил емес. Егер сиз гүна ислеўди шешкен болсаңыз, онда гүна өз ақыбетлерин, яғный Қудайдан мәңгиге айырылыўды береди. Бул – мәңгилик өлим. Егер сиз өз гүнаңызға байланыслы ҳеш нәрсе ислемеўди шешкен болсаңыз – бул сизиң келешегиңиз болады. Гәп тамам.
Бирақ буаылған ҳәм гүнаға батқан адамларға Қудай сыйларын усынады. Қудай бизге өзимиз ислеп таба алмайтуғын бир нәрсени береди. Бул – Ийса Масихтағы мәңгилик өмир.
Егер сиз Масихтағы усы қутқарылыў сыйын алған болсаңыз, онда сиз масихыйсыз.
Басқа тәрептен қарағанда, егер усы сыйды үйренген, оны қарап шыққан, пикирлеп көрген болсаңыз, оны қабыл етиўди ойлап көрсеңиз де, алға қарай ҳеш ҳәрекет етпеген болсаңыз, онда сиз масихый емессиз.
Бул сый – Ийса Масих пенен қарым-қатнас жасаў болып табылады. Ол толық ҳуқыққа ийе болып, бизиң гүналарымызды кешириўди ҳәм бизге жаңа өмир бериўди қәлейди. Бул сый қабыл етилиўи тийис. Өйткени ол гүнадан қутылыўдың жалғыз жолы болып табылады. Басқа ҳеш нәрсе гүнадан азат ете алмайды. Ҳеш нәрсе.
Бирақ! Егер Ийса қыздан туўылмаған болса, онда Ол гүнадан қутқара алмайды. Онда сизде аспанға барыў ушын өз жолыңызды ислеп табыўдан басқа қандай қутқарыўшы жол бар?
«Қыздан туўылыў – бул адамның басламасы ҳәм оның ис-ҳәрекети менен қутқарылыўға ерисиў ушын барлық урыныўларына қарсы Қудайдың ҳүкиминиң белгиси».
Егер Ийса қыздан туўылмаған болса, және қосымша нәтийжелер бар. Мысалы: Мухаддес Китап жемисли болмас еди. Бирақ биз олардың баслыларын қарап шықтық.
Егер қыздан туўылыў ҳеш қашан болмаған болса, онда Қудай да бизлер менен бирге емес. Олай болса, бизлерде Қутқарыўшы жоқ. Олай болса, биз Қудайдың қандай екенин билмеймиз. Олай болса, қутқарылыў да тек мийнетлерге байланыслы болады.
Бул жеткиликли.
БИЗ ҚЫЗДАН ТУЎЫЛЫЎ БОЛҒАНЫН ҚАЯҚТАН БИЛЕМИЗ?
Сыншылар буның Жаңа Келисимде тек еки жерде ғана, яғный Матта ҳәм Лука жазған Хош Хабарларда ғана тилге алынғанын, ал басқа ҳеш бир жерде тилге алынбағанын айтады.
Буған жуўап кескин болыўы тийис: бир нәрсе ҳақыйқый болыўы ушын, ол Мухаддес Китапта неше мәртебе тилге алыныўы керек?
Бул және Ески Келисимде де анық айтылған.
Ийшая 7:13, 14
«Сонда Ийшая былай деди: «Онда тыңлаң, ҳәй Даўыттың урпақлары! Адамлардың шыдамын сынағаныңыз аз болғандай, енди Қудайымның да шыдамын сынамақшымысыз? Солай етип, Ийениң Өзи сизлерге белги береди: Мине, қыз ҳәмиледар болып ул туўады ҳәм оның атын Иммануел деп қояды.
Буның нени аңлататуғынын биз толық түсинбедик. Мухаддес Руўх Қудайдың Улын жатырға қалайынша жайластырып қойған? Қудай болып турып, жатырда жатыў қалай болады екен? Мен билмеймен, бирақ бул жүз берди.
Биреў жиптен тоқылған кийимди тартып басласа, кийим әстен-ақырынлық пенен, бирақ толығы менен сөтилип кететуғынын сиз қашан болмасын көргенбисиз?
Масихыйлықтан қыздан туўылыўдың усы сабағын тартың ҳәм сонда булардың ҳәммеси бийтәртип түрде шубаланып қалады. Анық сол сыяқлы, сизиң жеке өмириңиз де үлкен тәртипсизликке айланады.
Егер сиз усылай ислесеңиз, онда бир күни сиз өзиңизден әжайып кәраматты урлаўыңыз арқалы урлықта айыпкер болып қаласыз.
«Бул қашанлардур адамзат ақылын бийлеп алған үлкен ҳәм таң қаларлық кәрамат болып, жер жүзиниң Мәңги, Шексиз Жаратыўшысы адам өмирине кирип, адам анасынан бала болып туўылып, бизиң адамыйлық тәбиятымызды қабыл етиўи тийис еди».
Маллар ушын арналған ақырдағы сол Нәресте ҳәммесин ҳәм Өзи тынышлық тапқан планетаның өзин де жаратқан. Бизиң усы планетада жасайтуғынымызды ҳеш нәрсе өзгерте алмайды.
Қудай ўәкил жибермеди, Ол орынбасарын жолламады. Ол қандай да қашықлықта бизлердиң артымыздан бақлап турған жоқ. Ол бизлер менен Өзиниң қудайлық өмирин бөлискиси келеди.
Бизиң Қутқарыўшымыз болыў ушын, Қудай қаншелли ҳәдден тыс ислерди ислеўди қәлегенине сиз исене аласыз ба?