Ийса менен жақыннан танысыў
Жақында интернетте дүньядағы атақлы музейдиң бир бөлмесиндеги сүўретлер тарқатылған еди. Сол бөлмениң дийўалларында әжайып сүўретлер бар еди.
Жарқын сүўретлер.
Тәсирли сүўретлер.
Дүньядағы ең әжайып базы сүўрет салыўшылардың соққан сүўретлерин жақсылап түсирип алың.
Шынында да, булар дүнья классикасының ғәзийнеси.
Дүньяның ҳәмме жеринен адамлар сол өнермент мәденияты музейине сүўретлерди тамаша қылыў ушын екиленбестен барaды.
Интернетте берилген сол әжайып сүўретлерди ҳәм соның менен бирге сол сүўретлердиң алдында тамаша қылып турған адамларды көре аласыз.
Дүнья жүзиндеги ең жақсы базы өнер ислерине жақын барыў – бул үлкен мәртебе! Солай етип, сол сүўретлердиң алдында, оң тәрепте отырған 30 адамлар не қылып атыр? Сол 30 адам дүньяның классика ғәзийнеси болған сүўретлерге жақын барып, не қылып атырған еди?
Олар смс жазып атыр еди. Олардың ҳәр бири смс жазысып атыр еди. Олардың ҳәммеси өз телефонларына дыққатын қаратқан еди.
Егер олардың өз елиндеги президенти сол бөлмеден жүрип өткенде, олар буған әҳмийет берген болар ма еди? Әҳмийет бермейди деп, гүманланып қаламан.
Ондай болса, смс текстлерин жазысыў гүна ма? Ҳасла ондай емес. Олардың базылары ата-анасы менен ямаса бөпе бағыўшысы менен смс жазысып хабарласып атырған болыўы мүмкин ямаса әҳмийетли жоба дүзип атырған болыўы да мүмкин. Бирақ олар ушын берилген сол күндеги ең жақсы нәрсени қолдан шығарып атырған еди.
Интернетте берилген сол сүўрет ҳәзирги масийхыйлардың негизги сүўретлемесине мегзейди, деп қорқаман.
Мухаддес Китапта бизлерге Ийса Масийхтың көздиң жаўын алатуғын, таң қалдыратуғын, гөззал, руўхландыратуғын сүўрети берилген. Бул бизлерди сыйыныўға, алғыс айтыўға ҳәм табыныўға, тәўбеге, кеширим бериўге, бойсыныўға ҳәм қолымыз ашық болыўға, сондай-ақ хош хабар айтыўға жигерлендиреди.
Бирақта бизлер өз жумысларымыз бенен, ҳәттеки, масийхый хызметлер менен жүдә бәнтпиз, әўеремиз. Солай етип, Ийсаны бир шетте қалдырып қоямыз.
Келиңлер, шынлыққа тик қарайық. Базыда Ийса күн тәртибимизге, ең баслы жумысларымызға ҳәм жобаларымызға кесент ететуғын сыяқлы көремиз. Аспан ҳәм әлемди жаратқан Қудай, Өзиниң Улын гүналарымыз ушын өлиўге жиберген Қудай бизлер менен ҳәр күни Өз сөзи болған Мухаддес Китап арқалы сөйлескиси келеди.
Бизлердиң күнделикли ислеримиз бенен бәнт жүдә әҳмийетли адам екенимизди ҳәм Оған қулақ салыўдан гөре жақсырақ нәрселер менен бәнт екенимизди не ушын Ийса есапқа алмайды? Ол не ойлап атыр? Бизлердиң қатнасымыз усындай болған ўақытта бизлер нени ойлап атырмыз?
Мен атларын атап өтпекши емеспен, бирақ хызмет пенен соншелли бәнт болғанлықтан Мухаддес Китапты күнделикли тәртипте оқыўға ўақты жоқ екенин анық ҳәм ашық айтқан жәмәәт хызметкерлерин билемен.
Олар басқа исениўшилердиң не ойлап, не ислеп атырғаны сыяқлы айтып атыр. Ал сизлер бүгинги күнде масийхыйлық не ушын ҳәлсиз деп ҳайран қалатуғын шығарсыз?
Келиңлер, ҳәзирдиң өзинде ең әҳмийетли болған мәнили исти ислейик: Ийсаны жоқары көтерип, алғыслайық, Ийсаны даңққа бөлейик.
Ҳәмме сыяқлы мен де смс жазыўды жақсы көремен, бирақ бир қанша ўақытқа телефонларымызды өширип, жумысларымызды бир шетке ысырып тура аламыз ба? Интернетте шығарылған сол музейдеги сүўрет бизлерге жәрдем бере алмаўы мүмкин, бирақ бүгин Қудай бизлер ушын таң қалдыратуғын сүўрет таярлап қойыпты.
Ҳәзирдиң өзинде Қудайда бизлер ушын уллы сүўретлер бар. Биргеликте ўақыт өткериў ушын, келиңлер, дуўа етип, жүрегимизди таярлайық.
Аспандағы Әке
Бүгин Сен бизлерди Өзиңниң Улыңды жақыннан таныстырыў ушын әжайып сүўретлери бар өнер галерияңызда ўақыт өткериўимиз ушын шақырдың. Илтимас, көзлеримизди аш, терең түсиник бер ҳәм Қутқарыўшымызға болған миннетдаршылық ҳәм сүйиспеншилик бер. Саған ғәрезли ҳәм мүтәж болып келдик. Масийхқа уқсаўымыз ҳәм Оны жақсы түсиниўимиз ушын жалбарынамыз. Ийсаның аты менен дуўа етемиз.
Аўмийин.
Бизлер Юхан жазған Хош Хабардың биринши баптағы биринши бес аятын көрип шығамыз. Бул жерде күшли үш суўретлеўлер бар.
Жаңа Келисимдеги төрт Хош Хабар Ийсаның өмир баяны менен басланады. Не ушын көп жазылған? Жақсы, буған басқа жол менен қарап шығайық. Китапханаға барың ҳәм сол жерде уллы жазыўшылардың ҳәр түрли өмир баянын таба аласыз. Олардың базылары оның минез-қулықлары ҳаққында айтыўы мүмкин. Базылары оның қабыл еткен бир шешими ҳаққында айтыўы мүмкин. Ал басқалары сол адам менен бирге ислесиў қандай болғаны ҳаққында айтыўы мүмкин. Ҳәммеси ҳәр тәреплеме сүўретлеп береди.
Усы сыяқлы Жаңа Келисимдеги усы төрт өмир баян ҳақыйқат. Матта Хош Хабары Яҳудийлерге Ийсаның Ески Келисимде ўәде етилген, узақ күтилген Масийх екенин түсиндириў ушын жазылған. Бул китапта яҳудийлердиң үрп-әдетлери ҳәм Ески Келисимге көп пәт бериледи.
Марк Хош Хабарында Ийсаны Қудай Әкениң хызметкери, минсиз жумысшы деп сүўретлейди. Хызметкер ушын шежиреси жазылыў шәрт емес, соның ушын, Марк Жазған Хош Хабарда шежире берилмеген. Хызметкер ўаз етпейди, соның ушын, Марк Ийсаның сөзлерин көп келтирип өтпейди. Хызметкерлер ислеген ислери арқалы танылатуғын болғаны ушын, Марк барлық итибарын Ийсаның ислеген ислерине қаратқан.
Сиз Ийса Масийх ҳаққындағы тарийхый дәлиллерге қызығыўыңыз мүмкин? Ондай болса, елши Лука баян еткен Хош Хабар сиз ушын. Бул китапта Ийсаның өмири ҳаққында толық мағлыўмат берилген.
Юхан жазған Хош Хабардың негизги мазмуны – Ийса Қудайдың Улы.
Китаптың басынан ақырына дейин Юхан Ийсаның иләҳий тәбияты ҳаққында сөз етеди.
Юхан 1:1-5 аятқа дейинги сөзлерге итибарымызды қаратайық. Бул аятларда Юхан Ийсаны үш түрли көринисте сүўретлеп, бизлерге таныстырады.
Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес. Онда өмир бар еди. Өмир адамлардың нуры еди. Нур қараңғылықта жарқырайды, қараңғылық оны жеңе алмады.
Бул бес аятта Ийса Масийх сүўретленген.
1 – сүўретлеме: Ийсаның Әкемиз Қудай менен болған жақын қарым-қатнасы.
2 – сүўретлеме: Ийсаның әлемде ҳәм тарийхта тутқан орны.
3 – сүўретлеме: Ийсаның инсанлар менен болған қарым-қатнасы.
Келиңлер, биринши сүўретлеме менен жақыннан танысып алайық. 1-сүўретлемениң мазмуны: Ийсаның Әкемиз Қудай менен болған жақын қарым-қатнасы.
Биринши көзге тасланатуғын термин бул – «СӨЗ». Бул термин қайта-қайта тәкирарланған.
Бул айтылған сөздиң мәниси не?
Биринши әсирде жасаған адамлар Юхан айтқан бул терминниң мәнисин толық түсинетуғын еди. «Сөз» грек тилиндеги «logos» сөзинен алынған. Сол дәўирде адамлардың исеними бойынша әлемди бир күш басқарады. Сол қүдиретли күш өмир булағы болып, иләҳий тәбиятқа ийе еди.
Грек тилиндеги «logos» сөзи қарақалпақ тилине «Сөз» деп аўдарылды.
Демек, Юхан әлемди басқарып турған қүдирет ҳаққында баян етип, Юхан 1-бап 14 аятта сол қүдиреттиң адам болып келгени ҳаққында жазды.
Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийримге ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик.
Сол қүдиреттиң аты бар, бул ат Ийса. Ийса Қудайдың «Сөз»и, Ол әлемди басқарып турады.
Юхан 1:1 аят мына сөз бенен басланған: Ең баста…
«Ең баста» дегенде нени түсинемиз? Бул жерде Жаратылыс 1:1 аят нәзерде тутылғаны ҳәр биримизге анық түсиникли.
Мәңгиликтиң ҳеш қандай басы жоқ, солай етип, бул жерде мәңгиликтиң басланыўын айтып атырған жоқ. Жаратылыс 1:1 аят ҳәм Юхан 1:1 аят Қудай ўақытты ҳәм жаратылысты баслаған ўақыттағы әлемниң басланыўын нәзерде тутады.
Жаратылыс китабы ҳәм Юхан жазған Хош Хабар бирдей үш сөз бенен басланады ҳәм қалған текстлер басқа нәрсени айтады.
Биреўи кейинги, енди болатуғын ўақыялар ҳаққында айтса, ал екиншиси одан алдынғысын сөз етеди.
Жаратылыс китабы ўақытқа қарай адым атады ҳәм бизлерге тарийхтағы биринши жети күн ишинде не жүз бергенин баян етеди.
Юхан китабы жаратылыстан алдынғы ўақыттан баслайды ҳәм сол мәңгиликти сөз етип, әззелден бар болған Ийса ҳаққында айтып баслайды. Әззелден, ең баста Ол бар еди, Ол бар еди. Ийса Масийх ҳәмме ўақытта бар болған.
Ийса ҳәмме ўақытта бар болғанын еледе терең түсиниўимиз ушын, келиңлер өшириў кнопкасын басып, өшириў деген бир шынығыў ислейик:
Өшириў кнопкасын басып, өзиңизди, шаңарағыңызды, елиңизди, әтирапыңыздағы дүняны өшириң.
Өшириў кнопкасын басып, мыңлаған жыллар даўамындағы инсан тарийхын өшириң.
Және өшириў кнопкасын басып, Қудайдың дем алған жаратылыс ўақтындағы 7 – күнди өшириң.
Кейин 6-күнди өшириң – барлық адамзат жоқ болады.
Соңынан 5-күнди өшириң – тири жаныўарлар жоқ болады.
Соннан кейин 4- күнди өшириң – қуяш, ай ҳәм жулдызлар жоқ болып кетеди.
Кейин 3 – күнди өшириң – қурғақ жер, шөп ямаса мийўе ағашлары жоқ болады.
2 – күнди өшириң – аспан гүмбези жоқ болады.
1 – күнди өшириң – жаратылыстың биринши күни ҳәм соның менен бирге жақтылық пенен ўақыт улыўма жоқ болады.
Ал, енди сенде не қалды? Сизде Қудай Әке, Қудай Ул, Қудай Мухаддес Руўх қалады.
Жаратылыс 1:1 аят ўақыясынан алдын Үш бирлик Қудай бар еди. Жаратылыс 1:1 аяттан алдын әззелден Қудай бар болған.
Егер сиз Жаратылыс 1:1 аяттан алдынғы бетти ашып қарасаңыз, ашық бос бетти көресиз. Ҳақыйқатында ол ашық бос бет емес. Қудай сол жерде, тири ҳәм бар.
Жаратылыс 1:1 аяттан алдын, әззелден Қудай бар еди. Бул шынлық менмен жүрегимизди мүләйим қылыўы керек.
Өмиримизде бәнт болғанымыз соншелли, ҳәттеки Қудайдың бар екенин де умытып кететуғынымыз қайғылы емес пе? Ҳәр биримиз неше мәрте қыйын жағдайларға түстик. Сондай ўақытта биреў бизлерден «сол машқала ҳаққында Қудайға дуўа еттиң бе?» – деп сораса, жуўабымыз: «Ҳаў, дуўа етиўди умытып кетиппен, Қудай ҳаққында улыўма умытып кетиппен-ғо», – деген жуўап беремиз.
Негизинде Қудай менен бизлердиң арамызға бир нәрсениң ямаса биреўдиң, ямаса бир жағдайдың түсиўине өзлеримиз жол қойып, Қудайға тосқынлық қылғанбыз. Бизлер усылай кеўиллеримизди бөлип, өз мазамызды алғанбыз, сөйтип, өмиримизди бақлап отырған мәңги Қудай бар екенин умытып кетемиз. Ийса Масийх кеше де, бүгин де ҳәм мәңгиге өзгермейтуғынын умытамыз.
Сиз де, мен де айнаға қарап, қаншелли өсип, жасымыз үлкейгенин көремиз, бирақ қурсақта пайда болғаныңнан берли Қудай қандай болса, ҳәзир де сондай. Жаратылыс дәўирден берли Ийса азғантай болса да өзгерген жоқ. Ол ҳеш қашан өзгермейди де.
Базыда бизлер өзимизге қарап, көринисимизди жақсылаўымыз керек болады. Бир күни мениң әжапам жататуғын бөлмеме кирип, шкафтағы кийимлеримниң базыларын шығындыға таслап: «Мына шобыт нәрселериңди жоқ қыл, оларды көшеге кийегөрме!» – деп маған бақырды. Усы жағдайды көрип, әжапам маған биреў керек екен деп ойлады.
Ал Қудай ондай емес, Ол кийимлерин жаңалап, Өзине безеў берип отырмайды. Оған биреўдиң кереги де жоқ, ҳеш қашан мүтәж емес.
Бизлер мектептен, спортзалдан ямаса жумыстан шаршап, диңкемиз қурып, ҳәлсизленип қайтамыз. Қудайға нәзер таслағанымызда, Оның әдеттегидей күш-қуўатқа толы, ҳеш қандай ҳарып-шаршамағанын көремиз.
Өмиримизди тәртипке келтириў ҳаққында сөз ашқанымызда, Қудайдың мәңгиге бар екенин көре алыўымыз ушын, руўхый өмиримизди тәртипке келтириўди есапқа аламыз ба?
Ең баста Сөз бар еди.
Юхан 1:1 аят былай даўам етеди:
Сөз Қудай менен бирге еди.
Және тәкирарлайман: Сөз Қудай менен бирге еди.
Әззелден – дүнья жаратылмасынан бурын Ийса, яғный иләҳий Сөз Қудай Әке менен бирге еди.
Мухаддес Китаптағы Қудай үшбирлик Қудай, Қудай үш жеккеликтен ибарат – Әке, Ул ҳәм Мухаддес Руўх.
Мухаддес Китаптағы Қудай Адам-атаны жаратып, оны жақсы көргенде, бул Қудайдың көрсеткен биринши сүйиспеншилиги емес еди.
Қудай Улды ҳәм Мухаддес Руўхты әззелден мәңгиликтен берли жақсы көреди. Қудай Адам-ата менен сөйлесип баслағанда, бул қарым-қатнас Ол ушын таза нәрсе емес еди.
Қудайдың Өз Улы ҳәм Мухаддес Руўх пенен мәңгиликтен берли қарым-қатнасы бар. Сүйиспеншилик пенен болған жақын қарым-қатнас – бул Мухаддес Китаптағы Қудайдың ең әҳмийетли минезлемеси болып табылады.
Үшбирлик ҳаққында бизлер түсинбейтуғын көп нәрселер бар, буны ҳеш қашан түсине алмаймыз да. Бирақ ҳәзир жоқарыда айтылып өтилгениндей, Үшбирлик бизлер итибарсыз қалдырыўымыз мүмкин болған көп нәрселерди үйретеди.
Қудай сүйиспеншилигин ҳәм жақсы қарым-қатнасын көрсетиў ушын қандай да бир затларды жаратыўға мүтәж емес еди.
Сүйиспеншилик ҳәм жақсы қарым-қатнас Қудайдың ишки сезими болып, Оған жыллылық ҳәм жағымлылық береди.
Жалғызлықты мақул көретуғын, өзин басқалардан узақластыратуғын масийхый Қудайдың Үшбирлигин түсинбейтуғынын көрсетеди.
Масийхый адамның сүйиспеншиликсиз өмириниң ҳеш қандай мәниси жоқ, себеби Үшбирлик мәңги сүйиспеншиликти көрсетеди.
Қарым-қатнассыз масийхыйлық өмирдиң ҳеш қандай мәниси болмайды, өйткени қарым-қатнас Үшбирликтиң негизи болып табылады. Мухаддес Китаптағы Қудай – жағымлы, дослықты сүйиўши, миймандос, Өзине тартатуғын Қудай. Ол жалғызлықты мақул көрмейди де, Өзин шетке алмайды да.
Юхан 1:1 аят даўам етип былай дейди: Сөз Қудай еди.
«Сөз» бул негизги нусқа грек тилиндеги «логос» деген сөзден алынып, Мухаддес Жазыў бойынша пүткил әлемди иләҳий қүдирет басқарып турады деген мәни түсинилген.
Юхан усы логос ҳаққында айтады, Сөз – бул Қудайдың минезлемеси емес, Қудайдан шыққан бир күш емес, ал Әкениң қасында болған Зат.
Тилекке қарсы, айырым диний ағымлар: «Ийса Өз бойсыныўшылығы арқалы алған жоқарғы мәртебеси», деп үйретсе, басқалары: «Ийса әпиўайы бир жақсы адам болған», деген пикирди айтады. Масийхыйлықтың бир тараўы болған Унитарийлардың көз қарасы бойынша Ийса ҳеш қашан Қудай болмаған екен. Бирақ Юхан айтқан сөзлерден көриўимизге болады, Ийса ең бастан, әззелден бар болған Сөз еди. Ол дүнья жаратылмасынан алдын да бар болған.
Бул жерде Юхан әлемди басқарып турған күш негизинде Жеке Зат болып есапланады, деп айтып өтеди. Бул жеке Зат – Ийса. Сөз – бул Ийса, Ийса – Ол Қудай.
Бул дегени бизлер мына аятқа нәзер таслаўымыз керек:
Коринфлилерге 2-хат 11:4 аяттың биринши бөлиминде былай жазылған:
Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсаны басқаша қылып жәриялағанда, сизлер исенесизлер.
Бул аят базы аўдармаларда былай жазылған: «Себеби биреў келип, бизлер жәриялаған Ийсадан басқа Ийсаны жәриялағанда, сизлер исенесизлер».
Сонда не басқа Ийса бар ма?
Мынаны айтыў мен ушын аўыр, бирақ базылар Ийсаға исенемен деп айтады, ал бизлер ойлағандай исениўши емес.
Мен жақсы бир жәмәәттиң ағзасы, жақсы Мухаддес Китап мектебинде оқыған, жәмәәт ақсақаллары арасынан орнын тапқан абырайлы бир хызметкер менен сөйлескенимде, оның сөзинен елеге дейин өзиме келе алмайман. Себеби ол маған: «Ийсаның Қудай екенине гүманым бар», – деген еди.
Егер Ийса Қудай болмаса, онда Ол қалайынша қутқара алады? Бундай Ийсаның адамларға не пайдасы тийеди? Сол хызметкер өзиниң миссионерлик хызмети бойынша қоллап-қуўатлаўшыларына өзиниң телогиялық пикириниң өзгергенин айтпағаны анық. Миссионер хызметкерлер ўақты-ўақты менен доктринаны тастыйықлаў ушын жазылыўы шәртли түрде болады ҳәм бул жағдай анық себеп бола алады.
Қаланың көзге көринген хызметкерлери биргеликте түсликке жыйналып, дуўа ўақтында, белгили руўхый либерал жетекши дуўа еткенде, Ийсаны тилге алады. Сонда солардың ишиндеги бир адам оннан: «Сиз де Ийсаға исенесиз бе?» – деп сорады. Дуўа еткен адам: «Алжаспаң, мен исенетуғын Ийса, сен исенетуғын Ийса емес», – деп жуўап берди оған.
Адамлар Ийсаға исенемен деп айтқанда, бизлер олардың Юхан сүўретлеген Ийсаға исенеме екен деп анықлағымыз келеди.
Юхан жазған Хош Хабарда сүўретленген Ийсаны Қудай менен ҳәмме ўақытта бирге ҳәм Өзи Қудай болған мәңги Зат деп түсиндиреди.
Ийсаның Қудай Әке менен қарым-қатнасының көп тәреплеме сүўретлемеси бар. Ийсаның әлемге болған қатнасы ҳаққында не айтыўға болады? Қудай дүньяны жаратып баслағанда Жаратылыс 1:1 аятта Ийса не қылып атыр еди? Ол дем алыста емес еди?
Юхан 1:3 аятта былай айтылады:
Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес.
Тилекке қарсы, буны мектеп ҳәм үлкен оқыў орынларда үйретпейди, үйреткенде жақсы болар еди.
Ана тәбият ҳеш нәрсени жаратпаған. Ҳеш қандай эволюция деген жоқ. Ҳәр бир нәрсениң жаратылыўы тек ғана Ийсаға барып тақалады.
Колосалылар 1:17 аятта
Масийх ҳәмме нәрседен бурын бар болған ҳәм ҳәмме нәрсе Ол себепли бар болып турыпты. – деп жазылған.
Сөзбе-сөз бул ҳәзирги мәҳәлде болып, – ҳәмме нәрсе ОЛ СЕБЕПЛИ беккем болып турыпты, дегенди билдиреди.
Алымлар атомды бөлип таслай алыўы мүмкин, бирақ атомларды не нәрсе бириктирип турғанын түсине алмайды. Буның жуўабы мынаў: Ийса атомларды бириктирип турыпты.
Бизлер Ийса жаратқан ҳәм бақлап турған дүньяда жасап атырмыз.
Забур 19:1 аятта былай жазылған:
Қудайдың уллылығын көклер жәриялап турады,
Оның дөретпеси ҳаққында аспан гүмбези хабарлайды.
Тарийх даўамында мынадай деп айтқан адамлар болған: «Материяллық, көзге көринетуғын дүнья бул жаўыз ҳәм таза емес дүнья, ал көзге көринбейтуғын ҳақ ҳәм ҳадал дүнья» Забурдағы бул аят болса материяны жаўыз я напәк деп айтып атырған жоқ.
Жаратылыс китабы бизлерге бүл дүньядағы барлық, яғный ҳәмме нәрсе гүна себепли бузылғанын айтады. Сабыр қылың. Аян китабында Ийса жер жүзин Өзине қайтарады.
Ийса ҳаққында екинши сүўретлемеден қандай мағлыўмат аламыз? Ийсаның әлемге болған қатнасы қандай?
Жуўап әпиўайы – Ийса пүткил әлемниң тийкарғы булағы.
Ендиги гезек Ийсаның инсанға болған қатнасының сүўретлениўи.
Юхан 1:4-аятта былай айтылады: Онда өмир бар еди.
Ийсаға ҳеш ким өмир бермеген. Оның Өзинде ҳәмме ўақытта өмир бар болған. Бизлер Юхан 3:16 аяттың мәнисин түсинип алыўымыз керек болады. Бул аятта Ийсаны «Қудайдың жалғыз Улы» деп сүўретлеген. Әке перзентти дүньяға келтиргендей, Қудай да Ийсаны дүньяға келтирген бе еди?
Яқ, ҳасла ондай емес.
«Жалғыз Улын» деген сөз бирикпеси грекше негизги нусқадағы «моногенес» сөзиниң аўдармасы болады.
Моно – «бир, яғный жалғыз» деген мәнисте.
Генес – «түр, яғный зат» деген мәнисте.
Демек бул «моногенес» сөзиниң мәниси «бир түрдеги зат» ямаса «өзине уқсас зат» деген билдиреди.
Қудай бул дүньяны соншелли сүйгенликтен, Өзиниң жалғыз Өзине уқсас Затты, яғный жалғыз Улы түриндеги Затты берди. Оның Улына, яғный Қудайдың жалғыз Өзине уқсас Затқа исенген ҳәр бир адам…
Келиңлер, Юхан 1:4 аятты және бир мәрте көрип шығайық:
Бул физикалық дүнья ҳаққында айтады. Соның менен бирге, руўхый дүнья ҳаққында да сөз етиледи. Барлық жанзатлар Ийса тәрепинен жаратылған. Ҳәр бир жоқарыдан туўылған адам Масийх өмир бергени ушын ғана қайтадан туўылып, өмирге ийе болады.
Өмир – келиңлер усы сөз ҳаққында бир минуттай ой жуўыртайық.
Егер сиз меннен: «Ата-анаң менен қандай байланысың бар?» деп сорасаңыз. Мен жуўап ретинде, сизге ата-анамның баласы екенимди тастыйықлайтуғын туўылғаным ҳаққындағы гүўалықты көрсетемен.
Сиз меннен ата-анамның мени қалай тәрбиялағанын сорасаңыз, мен жуўап ретинде және сол туўылғаным ҳаққындағы гүўалықты көрсетемен.
Сиз меннен: «Ата-анаң менен жақын болдыңыз ба?» – деп сорасаңыз, мен жуўап ретинде және туўылғаным ҳаққындағы гүўалықты көрсетемен.
Ҳәзир усы жағдайды көрип, сиз қандай қайғылы, деп ойлап атырған шығарсыз, себеби мен ата-анам менен болған мүнәсибетим, жақынлығығым ҳаққында тек бир бөлек қағаздан басқа ҳеш нәрсе көрсетип те, айтып та атырған жоқпан.
Ҳеш қандай жақынлық, ғамхорлық, жигерлендириўшилик, жетекшилик, тәрбия, биргеликте ўақыт өткериў, үйрениў ҳ.т.б. айтылған жоқ. Әке ҳәм ул арасындағы мүнәсибет, қарым-қатнас тек ғана бир бөлек қағаздан ибарат па?
Жақсы, келиңлер, сиз меннен Ийса Масийх пенен болған мүнәсибетим ҳаққында сорадыңыз дейик, ал мен Масийхты қабыл еткен күним ҳәм сол күни еткен тәўбе дуўамды айтып беремен.
Сиз меннен: «Өмириңизде Ийса не қылды?», – деп сорасаңыз, ал мен және сизге Масийхты қабыл етиў ушын дуўа еткенимди айтып беремен.
Сиз меннен: «Ийса сен ушын ким болады ҳәм Ол саған нени үйретти?», – деп сорасаңыз, ал мен Масийхты қабыл етиў ушын дуўа еткен күнди ҳәм саатты айтаман.
Бундай жуўапты әлбетте, жақсы жуўап деп болмайды.
Егер мен Қудай менен болған қарым-қатнасымды әпиўайы ғана өтмиштеги бир дуўа еткениме байланыстырып қойсам, ақылсызлық болмай ма? Әлбетте, бул қайғылы жағдай болады!
Қараңлар, Қудай маған ӨМИР сыйлады: бахытлы ӨМИР, кеширимге толы ӨМИР, тыныш ӨМИР, жемисли ӨМИР, қызықлы ӨМИР, күтилмеген саўғаға бай ӨМИР, жақын қарым-қатнасқа тийкарланған ӨМИР.
Егер бизлер: «Ийса бизлерден тәўбе етиў дуўадан басқа ҳеш нәрсени талап қылмайды», – деп ойласақ, онда Ийсаға деген көз қарасымыз пүткиллей надурыс жаққа бурылып кеткени.
Әлбетте, Ийсаны исеним менен Ийем ҳәм Қутқарыўшым, деп қабыл етиўимиз әҳмийетли, буны ҳеш ким бийкар ете алмайды. Деген менен, бизлер усының менен шекленип қалмаўымыз керек. Бул дуўа Қудай менен баслайтуғын биринши қәдемимиз болып, соннан кейин қәдемди даўам етиўимиз керек.
Колосалыларға 1:28 аятты дыққат пенен оқыйық. Бул аятта елши Павелдиң өз хызметиндеги мақсетин баянлайды.
Бизлер усы Масийх ҳаққында ҳәммеге жәриялап атырмыз. Масийх пенен қатнаста болған ҳәр бир адамды Қудайға жетилискен қылып усыныў ушын, бизлер ҳәр бир адамды ескертип, толық даналық пенен тәлим бермектемиз.
Ўақыттың өтиўи менен бул аят көплеген масийхыйлар ушын мәниси басқаша болып өзгерип кетти, яғный мынадай болып: «Ҳәр бир адамды Масийхта қутқарылған етип усына алыўымыз ушын».
Қутқарылған ҳәм жетилискен – бул сөзлердиң мәнилери арасында үлкен айырмашылық бар. Қутқарылыў – Ийсаға исенип, үмит байлаған дегенди билдиреди. Мәниси тек ғана усы.
Жетилисиў – бул Ийса Масийхқа исенип, өмир даўамында Оның менен бирге жол басып, руўхый өсиў ҳәм Оған уқсап барыўға жол қойыў, өмиримиздиң ақырына дейин Оған садық қалыў дегенди билдиреди.
Әлбетте, Павел адамлардың Масийхқа келиўин қәледи, бирақ ол буның менен шекленип қалмайтуғын еди.
Павел ақланыў ҳаққында ўаз етти – бизлер гүнадан тәўбе дуўасын айтып, Ийсаны Ийемиз ҳәм Қутқарыўшымыз етип қабыллағанымызда, Қудай бизлерди ақланған ҳәм әдил деп жәриялайды.
Бирақ Павел бағышланыў, яғный мухаддеслик ҳаққында да ўаз етти – Масийхта жетискенликте өсип барыў, толық ҳәм жетискенликте боламыз, себеби Ийса ҳаққында Оның күшли гуўалары болып, Масийхта өзгерип, Оған уқсап барамыз.
Егер бизлер адамларды тек ғана гүнадан қутқарып, басқа ҳеш нәрсе үйретпесек, онда бизлер дозақтан қашыў ушын қолында билети бар масийхыйларды пайда етемиз. Егер бизлердиң мақсетимиз адамларды тек ғана тәўбе қылдырыў болса, онда Жаңа Келисим буйрықларына улыўма бойсынбаған боламыз. Нәтийжеде келеси әўладларға Хош Хабарды жеткизе алмайтуғын жарамсыз, уқыпсыз, Масийхта өспей қалған масийхыйларды жетистиремиз. Келиңлер, Мухаддес Китапқа бундай немқурайды қатнаста болмайық.
Егер мақсетимиз Павелдей болып хызмет етип, оның мәсләҳәтине қулақ салатуғын болсақ, онда Масийх усынған ӨМИРде жасаўды даўам ете алыўы ушын, исениўшилерди Масийхқа исенип, үмит етип жасаўына шақырыўымыз керек.
Юхан 1:5 аятта Ийсаның адамларға болған қарым-қатнасы ҳаққында даўам еткен, бул жерде мынадай деп жазылған:
Нур қараңғылықта жарқырайды...
Мухаддес Китаптағы ең гөззал аятлардан бири Матта 4:16 аятта былай делинеди:
Қараңғылықта жасаған халық
Үлкен бир жарықты көрди.
Өлим қараңғысында жасағанлар ушын,
Жақтылық нуры түсти.
Гүналары себепли шарасыз аўҳалда қалған үмитсиз, қорқыў ишинде қалған, түскинликке түскен ҳәм өз басына жеткен адамлардың үстине Масийх қутқарыў нурын түсирди.
Зилот, яғный ўатансүйер Шимон нурды көрип, Масийхқа ерди ҳәм 12 шәкиртиниң бири болды. Жәмәәт тарийхлары бойынша ол Хош Хабарды көп жерлерге жайып, нәтийжели хызмет еткен.
Еслетпе: I әсирде «Зилот» деп қозғалаңшы ҳәм террористлерди атайтуғын еди. Ал бул адам Ийсаға исенгеннен кейин пүтиллей жақсы ҳәм ийги болып өзгерген еди.
Салықшы Зақай да нурды көрип, Масийхқа ерди. Ол өзи алдап, тонаған адамларға пулларын қайтарып төлеп, қарызын өтеди.
Павел нурды көрип, Масийхқа ерди ҳәм масийхыйларды өлтириўди тоқтатып, қалған өмирин Хош Хабарға, яғный жәмәәт көбейтиўге бағышлады.
Нур – бул адамлардың гүналарын ашып таслады ҳәм олар гүналардан жүз бурды. Нур оларды Қудайдың еркине, Оның дәргайына қарай бағытлады. Нур олардың жүреклерин Қудайдың жыллы сүйиспеншилиги менен бөледи.
Сизиң атыңызды да сол Масийхтың нурын көрген адамлардың қатарына түсирсе бола ма? Сиз нурға жақынласқан сайын өмириңиз жақты болыўы ушын, Масийхқа исенип, үмит байладыңыз ба?
Гүнадан жүз бурып, Ийсаның жолында жүрген ҳәзирги өмириңизде гүўалықлар ҳәм нурға сай ўақыялар бар ма?
Сүрнигип жығылатуғын қараңғылық ишинде қалыўды сиз қәлейсиз бе?
ӨМИР қымбатлы, оны бийҳудаға өткерип жибермең. Өмириңизди Масийхқа бағышлаң, сонда өмирден пайдаланған боласыз.
Юхан 1:5 аяттың екинши бөлиминде былай жазылған:
...қараңғылық оны жеңе алмады.
Усы аятты және бир мәрте дыққат пенен оқып шығың.
...қараңғылық оны жеңе алмады.
Бул мынаны аңлатады: Бизлер жақыннан танысып атырған Ийса – ҳәмме ўақытта бар болған Сөз, Қудай менен бирге еди, Қудайдың Өзи еди ҳәм ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды, Онда өмир бар еди ҳәм ҳәр қандай қараңғылық үстинен жеңиске еристи.
Усы сөзлерди оқығанда ойымызға мына сораў келиўи мүмкин: Егер Қудай аятта айтылғандай қүдиретли болса, не ушын жер жүзинде қараңғылық, гүна ҳәм жаўызлықлар бар?
Егер Қудай жаратқан ҳәмме нәрсе жақсы болса ҳәм Қудай басқарып турған болса, бул қараңғылық, жаўызлықлар қаяқтан келген?
Бул сораўлардың жуўабы Нызамның қайталаныўы 29:29 аятта жазылған:
Жасырын қылмыслар Қудайымыз Жаратқан Ийеге тийисли.
Мухаддес Жазыўда бизлер билиўди қәлеген нәрселерди емес, ал Қудайдың Өзи қәлеген нәрселерди бизлердиң билиўимиз кереклигин айтады.
Мухаддес Китап бизлерге жаўызлық ҳаққында көп нәрсе айтпайды.
Жәннетке барғанымызда, бул ҳаққында Қудайдан сораўымыз мүмкин ҳәм Ол бизлерге жуўап береди. Сол ўақытта ҳәммесин ашық ҳәм анық түсинетуғын боламыз. Сол ўақыт келгенге дейин, бизлер Нызамның қайталаныўы 29:29 аяттағы жуўап пенен шекленип қойыўымыз керек болады.
Ойымызға келетуғын екинши сораў: Егер бизлер билетуғын Ийса қүдиретли болса, не ушын қараңғылық жақтылыққа қарсы, яғный Оған қарсы гүреседи?
Бул сораўдың жуўабы сыр емес. Буған жуўап – гүна соқыр қылып таслайды. Гүна ҳақыйқатты бузып көрсетеди. Гүна ҳәмме нәрсени бузады.
Гүна ақмақ. Гүна ақыл-парасаттан маҳрум. Гүна соншелли жеркенишли болып, ақыллы адамды есинен айырады.
Гүна адамларды соқыр қылып таслайды. Ийсаның қылған кәраматларына, шыпаларына, дана ўазларына қарамай, Израил басшылары Ийсаны өлтирген еди.
Гүна адамларды ақылдан аздырып, адамларға тилге алып болмайтуғын жеркенишли ислерге қол урыўына жол қояды.
Мухаддес Китаптың алдынғы бөлимлеринде, яғный Шығыў китабында фараон ҳаққында сөз етиледи.
Ҳәр бир қәдеминде Қудайға қарсы урысқан усы фараон ҳаққында Мухаддес Китапта не ушын соншелли көп жазылған?
Гүна – инсанның ой-пикирин соншелли қорқынышлы ҳәм қәўипли дәрежеде зәҳәрлейтуғынын түсиниўимиз ушын алдынғы дәўирдеги инсан тарийхы жазылған.
Көп ақыллы адамлар бир апаттан кейин Қудайға исенип, Оған бойсынады деп ойлайсыз.
Бирақ ондай емес, гүна соншеллеи күшли болып, ол фараонды қатты услап турды ҳәм фараон Қудайға қарсы ақырына дейин гүрести.
Мысыр он апаттан кейин қандай аўҳалда болғанын көз алдыңызға келтирип көрдиңиз бе? Биринши Нил дәрьясы қанға айланды, кейин ҳәмме жақты қурбақа басты, соңынан болса ширкейлер басты, соң ийтшыбынлар басты, соннан кейин, маллар қырылды, кейин болса адамларға шыйқанлар шықты, күшли буршақ жаўды, соңынан шегирткелер басты, соң қара түнек қаплады ҳәм ең ақырында туңғышлардың ҳәммеси өлди.
Усылардан сабақ алып, фараонның жүреги жумсарды ма? Пүткил ели ўайран болған еди-ғо.
Адам соншелли де тас баўыр бола ма? Гүнаға қул болған адам соқыр болады, ол ҳәр қандай жаўызлыққа қол урыўы мүмкин.
Өз өмириңизге бир нәзер таслаң. Исеними жоқ, қутқарылмаған адамларды ҳүким етиўден алдын, өз жүрегиңиздеги қараңғылық ҳақққында жақсы түсинип алың.
Не ушын ҳәр биримиз Ийса Масийхқа келмесимизден алдын ақылсыз ҳәм уятсыз ислерге қол урып, ақмақлық қылдық?
Бизлер нени ойлап сондай ислер қылдық? Себеби бизлер гүнаға өмиримизди басқарыўына жол қойдық. Бизлер соқыр болдық. Дүньяға деген көз қарасымыз, әҳмийетли деп билгенлеримиз, мақсетлеримиз, улыўма ҳәр бир түсиниклеримиз бузылған ҳәм надурыс еди.
Жүрис-турысларымыз гүнаның бизлердиң үстимизден басқаратуғын күш екенлиги ҳаққында гуўалық беретуғын еди. Егер Масийхтан алыста, Оны қабылламай, қутқарылмаған болсақ, онда бизлер елеге дейин гүнаға қул болған болар едик.
Бирақ Масийхқа исенип, Оны қабыл еткен ўақтымызда, бизлер қараңғылықтан жақтылыққа қарай өттик.
Руўхый соқырлық жоқ болып кетти. Өзимиздиң өтмиштеги қорқынышлы өмиримиздиң қандай болғанын билемиз ҳәм енди Масийх пенен қуўанышлы, мазмунлы келешегимизди көре аламыз.
Базыда қайғылы хабар еситип түскинликке түсемиз. Гүна жеңиске ерисиўге үмит етеди.
Аўа, бир ўақытлары гүна жеңиске ериседи.
Бирақ батыллық пенен мынаны айта аламыз: Ийса Масийхқа шын-жүректен ерген ҳәр бир адам жеңиске ериседи.
Шайтан, сен әлле қашан Ийсадан жеңилдиң ҳәм Ол сениң үстиңнен жеңиске еристи!
Жинлер, сизлер ҳеш қашан жеңиске ерисе алмайсызлар. Дүньяның бузылған системасы жеңилиске жүз бурды.
Жақтылық қараңғылықты қуўып шығарады.
Ийсаның инсан менен қатнасы ҳаққындағы үшинши сүўретлеме туўрысында қандай шешим шығарыўымыз мүмкин? Ийсада ӨМИР толып атыр. Бул өмир – мазмунлы, тыныш ҳәм толық.
Сиз Масийхқа шын-жүректен исенесиз бе? Қудай берген ӨМИР менен жасаң. Туўры жолдан адаспай, алдыға қарай қәдем басың. Алға қарай жүриң!
Егер Масийхқа ериўди қәлемесеңиз, онда өз хожайының болған қараңғылық пенен қалың. Ол сизиң келешегиңиз – гүнаның сүргининде жасайсыз. Руўхый жағдайыңызда ҳәсирет шегесиз.
Егер бундай қорқынышлы келешек сизди Нур тәрепке өтиўге ҳәм гүнаңның кеширилиўи ушын Масийхқа исениўге, ҳақыйқый Өмир бериўшиге келиўиңизге түртки болмаса, онда сизге ҳеш нәрсе жәрдем бере алмайды.
Менменлигиңизди бир шетке ысырып қоятуғын ўақтыңыз келди. Ҳәмме қатарлы гүнакар екениңизди тән алың ҳәм Қудай берип атырған бийпул қутқарылыўды қабыл етиң.
Елши Юхан китабындағы дәслепки бес аятында Ийсаны анық усылай сүўретлеп берди.
Солай етип, енди не қыламыз?
Ийсаның кимлигин үйренип шықтық, буған қандай мүнәсибет билдиремиз?
Бир достымның буған жуўабы бар. Оның жәмәәтиндеги бир жигит аўыр қылмыс ислеген ҳәм ол қамалатуғын болған.
Мениң достым сол жигит қамалмасынан алдын оған барып: «Сен қамақта азанда уйқыдан оянғаныңда, қамақтаман деп ойлап, түскинликке түспе. Барлық ой-пикириң Ийса Масийхта болсын», – деп айтқан.
Дурыс, сол жигит қыйын аўҳалға түскен еди. Бирақ өмирдеги қыйыншылыққа Масийхтан алыслатыўға жол қоймаўымыз тийис, достымның мәсләҳәти жүдә орынлы еди. Ийса ҳәр қандай машқалалардан жоқары ҳәм пүткил өмиримизди Өзи бақлаў астына алыўына ҳуқықы бар.
Бул ҳәммемизге тийисли.
Бизлер азанда оянғанымызда, ой-пикиримизде ислейтуғын ислеримиз, шаңарағымыз, машқалаларымыз, жәмәәтимиз, Қудайға қылатуғын хызметимиз ҳәм тағы басқа нәрселер болмаўы керек.
Ийса сондай таң қалдыратуғын әжайып, сондай күш-қүдиретли, нурдан да күшли жарқырайды, жүрек-кеўиллеримизге сондай жағымлы. Бизлер оған ҳүрмет көрсетиўимиз керек, ҳәр күнимиздиң биринши минутларын Оған бағышлаўымыз тийис, себеби Ол буған ылайықлы.
Ой-пикирлеримизди оған қаратыўымыз керек, себеби Ол буған ылайықлы.
Ол алғыс-мақтаўларға ылайықлы.
Ол сыйыныўға ылайықлы.
Ол үлкен ҳүрмет-иззетлерге ылайықлы.
Ол өмиримиздеги ҳәр бир машқалалардан жоқары.
Келиңлер, уллылардың Уллысы болған Қудайға итибарымызды қаратайық.
Смс лер менен ўақыт өткерип, усы ҳәптеде Ийсадан ҳәм Оның жарылқаўынан бос қалмайық.