Қудайды сүйиў
Ийса оларға былай деди: «Қудайың Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәниң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй» Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық» Матта 22:37-38
Шынында да сондай ма?
Бул биринши ҳәм ең баслы буйрық па?
Онда не ушын мен бул ҳаққында аз еситкенмен?
Бул ҳаққында аз ўазлар, Мухаддес Китапты үйрениўде де бул ҳаққында аз айтылады, сәўбетте де бул ҳаққында аз сөйлесиледи.
Бул таң қаларлық.
Факт факт болып қалады.
Егер бул биринши ҳәм ең баслы буйрық болса, бул салдамлы түрде дыққатқа алыныўы тийис.
Ийени сүйиўде өсип барыўымыз ушын, жүрегимизде жан ашырлық болыўы тийис.
Бул бизлердиң пикирлеримизди ҳәм ой жуўыртыўларымызды бийлеп алыўы керек.
Жеке дуўа еткен ўақтымызда, бул ең жоқарғы әҳмийетли орында болыўы тийис.
Усы буйрыққа салдамлы түрде қатнаста болыўымыз ең жақсы баслаў болып есапланады.
Бирақ бизлер Қудайды қалай сүйе аламыз?
Бизлер қандай айрықша қәдем басыўымыз керек болады?
Сүйиспеншилик ҳаққында ойлағанымызда, ойымызға биринши келетуғын нәрсе – бул биреўге жуўырып барып, оны қушақлап ҳәм сүйип ҳәм оны жақсы көретуғынымызды айтыў келеди.
Бирақ буны Қудайға ислей алмаймыз.
Солай етип, инсан болған бизлер руўх болған Қудайды қалайынша сүйе аламыз?
Әдетте түсиндирме бизлерге берилген.
Мениң буйрықларымды билип, оларды орынлаған адам – Мени сүйетуғын адам. Мени сүйген адамды Әкем де сүйеди. Мен де оны сүйип, оған Өзимди көрсетемен. Юхан 14:21
Солай етип, бизлер Қудайды Оған бойсынып сүйемиз бе?
Усы аят сол сораўға жуўап бериўи мүмкин бе?
Егер Оған бойсыныўды қәлемесек, онда Қудайды сүйемиз деп айтыўымыз қыйын.
Ол бизлер ушын көп нәрселер қылды, сөзсиз бизлер Оған бойсыныў арқалы миннетдаршылығымызды көрсете аламыз.
Яқ, бизлердиң бойсыныўымыз ҳеш қашан толық болмайды.
Бирақ атанақ ағаш бизлердиң гүнаға деген мейиллигимизди тән алыўымызға алып келеди ҳәм Оның жолында жүриўге ҳәрекет етиўимиз ушын түртки салады.
Деген менен, усы болғаны ма?
Қудайды сүйиўимиз ушын болған барлық нәрсе усы ма?
Әлбетте, Қудайға бойсыныў әҳмийетли ҳәм Оны сүйиўимиздиң бир бөлеги болыўы шәрт. Бирақ Қудайды сүйиўимиз ушын бойсыныўдан да көбирек нәрсе болыўы керек.
Келиңлер, анық мойынлайық –
Ҳәр биримиз Қудайға бойсыныўдан гөре, салықшыға бойсынатуғынымызға исенемен.
Сонда не, бизлер салықшыны жақсы көремиз, дегенди аңлата ма?
Қыйын мәселе.
Әлбетте, ҳәммемиз де барлық салықларымызды төлеўди қәлеймиз, бирақ бизлердиң бул исимиз сүйиспеншилик дегени емес.
Бул штрафтан ямаса тексериўден қорқыў есапланады.
Көп адамлар салық қағазы келгенде, белгиленген суммадан бир тийин да артық төлеп жибермеў ушын, оны қайта-қайта есаплап тексеретуғынына исенимли болсаңыз болады.
Бул сүйиспеншилик емес.
Жумысымызда баслықларымызға бойсынамыз – буның себеби оларды жақсы көргенликтен бе?
Эҳ, ҳәмме ўақытта бундай емес.
Бул жақсы жумысшы болып, төлеў керек болған төлемлерге ақша ислеў ушын, Қудайды ҳүрмет ететуғынға мегзейди.
Қудайды тек ғана бойсынып сүйиў арқалы шеклениў суўық, жеткиликсиз, жеккеликсиз, механикалық, сезимсиз ҳәм сизди бос сезимге алып келетуғындай болып көринеди.
Қудайды сүйиў әпиўайы етип айтқанда, сизиң жаныңызға қанаатсызлық алып келиўи мүмкин емес.
Қудайды сүйиўде буннан да көбирек нәрсе болыўы тийис.
Сол нәрсе болыўы шәрт.
Бир масийхый ойшыл жақында Қудайды сүйиў ҳаққындағы төрт бөлимди анықлап, усыныс қылды.
Келиңлер, буны көрип шығайық.
Егер де Қудайды сүйиў ең уллы буйрық болса, онда бул ҳаққында түсиниў ҳәм сол бойынша өмир сүриў бир-бирине сәйкес келиўи шәрт.
Келиңлер, тереңнен көрип шығайық.
Қудайды сүйиў мынадан басланыўы керек:
1 Өзиңнен кешиў.
Сонда Ийса ҳәммеге былай деди:
«Ким де ким Маған ергиси келсе, өзинен кешсин ҳәм ҳәр күни өз атанақ ағашын арқалап, Мениң изиме ерсин». Лука 9:23
Не ушын бизлер өзимизден кешиўимиз тийис?
Яқшы, Мухаддес Жазыў «өзинен» деген сөз ҳаққында не айтады?
Себеби Адам Улы адасқанларды таўып, қутқарыў ушын келди, – деди. Лука 19:10
Бизлер барлық билимимиз, салтымыз, топарымыз ҳәм стилимиз бенен Қудайдан тысқары болып, жойтылғанбыз. Өйткени бағыт-бағдарсыз, тамырымыз жоқ, анық қойылған мақсетимиз жоқ, ҳеш жаққа бармасақ та бәнтпиз, тек әпиўайы ғана мақсетсиз бир бағдарды услаўға ҳәрекет етип, тартысып, сандалап айланып жүремиз де қоямыз… ҳеш қандай әўмет жоқ.
Исенбейтуғын бундай адамлар Хош Хабардың жақтысын көрмесин деп, бул дүньяның ҳәкими – шайтан олардың жүрек көзлерин соқыр еткен. Хош Хабар Қудайдың қандай екенин көрсеткен Масийхтың даңқын билдиреди. 2 Коринфлилер 4:4
Қудайсыз бизлер ҳеш нәрсени көре алмаймыз.
Руўхый дүньядағы Қудайды, Мухаддес Китапты, гүналарымызды, Қутқарыўшыға болған мүтәжлигимизди, шынлықты ҳәм улыўма ҳеш нәрсени көре алмаймыз.
Сизлер бир ўақытлары айып ҳәм гүналарыңыз себепли өли едиңлер. Ефеслилер 2:1
Қудайсыз өмир сүрсек, онда Қудайдың даўысын улыўма есите алмаймыз. Сиз бақырып, қышқырыўыңыз мүмкин, өлген адамға тасланыўыңыз мүмкин, бирақ сиз ҳеш қандай жуўап ала алмайсыз. Өли адам жуўап ала алмайды, себеби өмиримизде жасайтуғын Мухаддес Руўхтың жумысы болмаса, Қудайға жуўап қайтара алмаймыз.
Оған исенген адам ҳүким етилмейди. Ал исенбеген адам әлле қашан ҳүким етилген, өйткени ол Қудайдың жалғыз Улының атына исенбеди. Юхан 3:18.
Бизлер жынаятлары ушын ҳүким етилгенлерге «ҳүким етилген», деген жазыўы бар сүўретлениўлерди көрип турыппыз. Әлбетте, Масийхқа тийисли болмаса ҳәр бир адамның өз гүналары ушын маңлайларына «ҳүким етилген» деп жазылған.
Римлилер 3-бапта «мен, яғный өзлигимиз» ҳаққындағы көбирек аянышлы жаңалықлар бар:
«Ҳеш бир ҳақ адам жоқ,
Бирде бири жоқ.
11 Ҳеш бир түсинетуғын адам жоқ,.
Ҳеш ким Қудайды излемейди.
12 Ҳәмме жолдан адасқан,
Барлығы жарамсыз болған.
Жақсылық қылатуғын ҳеш ким жоқ.
Бирде бири жоқ».
13 «Аўызлары ашық бир қәбир сыяқлы,
Олар сөзлери менен адамларды ашық гөрге тығады».
«Майлы тиллери менен жалған сөйлейди,
Тиллеринде жылан зәҳәри бар».
14 «Аўызлары толы ғарғыс-нәлет сөзлерге».
15 «Аяқлары шаққан қан төгиўге.
16 Олар қәдем басқан жерге келер қыйралыў ҳәм бәле.
17 Билмес олар тынышлық жолын».
18 «Қудайдан қорқыў да жоқ кеўиллеринде»
Қудайсыз бизлер үмитсиз, ҳәлсиз ҳәм қорқыныштамыз. Анықлап айтқанда, бизлердиң денемизге жақсы нәрселер орналаспайды. Жүреклеримиз өтирикши, жаўыз. Ийса бизлерди усылардан азат қылыў ушын өлди.
Егер бизлер кеширимге мүтәж болсақ, егер бизлер қутқарылыўға мүтәж болсақ, онда бул бизлердиң – машқала екенлигимизди аңлатады.
Бизлер шийеленисип қалғанбыз.
Ийе менен қарым-қатнасымызда ҳәр тәреплеме қәте-кемшилигимиз бар адамлармыз.
Солай етип, егер гүнамыздан бас тартсақ, бизлердиң гүнамыз ушын өлген Оны жақсы көремиз, деп айта аламыз ба? Бизлердиң гүнамыз Ийсаны атанақ ағашқа жиберди, ал енди гүнамызды услап турыўды қәлеймиз бе?
Бул Ийса ушын қаншелли хорланыў болады!
Ийса менен қарым-қатнасымызды қәўип астына салатуғын барлық гүналарымызды нышанға алсақ қалай болады, солай етип, Ол ҳәр биримизди Өзине алмас па еди?
Ийса ҳәммемизди Өзине алыўға ылайықлы.
Келиңлер, Ийсаға ҳәр биримиз өзимизди бағышлап, Оған ҳүрмет көрсетейик.
Буның мәниси ҳәр күни өзимиз ушын өлиўди аңлатады.
Келиңлер, тән алайық.
Өз-өзимиз ҳаққында жар салыў,
Өз-өзимизди сүйиў,
Өз-өзимизди жоқары көтериў,
Булар пүткиллей қопал нәрселер.
Өзлигимизди жолдан алып таслаў ушын қаншелли дуўа етсек,
бизлер шынында да соншелли сулыў ҳәм әжайып боламыз.
Және де, Қудайдың бизлерди соншелли қолланып баслаўын көремиз.
Сондай-ақ соншелли ишимизде қуўаныш табамыз ҳәм қаншелли өзгерип атырғанымызды көрип, сүйсинемиз.
Өз-өзиң, яғный менменлигиңниң өлиўи– Қудайды сүйиў точкасы менен басланыўы тийис.
Соннан кейин не?
2 Өзиңизди сыйыныўға бағышлаң
Жаңа Келисимде Ийсаның сыйыныў туўралы айтқан сөзлериндеги әҳмийетли гилтли сөзлер:
Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. Юхан 4:23
Қудай сыйыныўшыларды излеп атыр.
Сыйыныў сөзи әпиўайы ғана «ылайықлы кеме» мәнисин береди.
Бизлер Қудайға сыйынамыз, өйткени Ол буған ылайықлы. Деген менен, бир нәрсе алыў ушын емес.
Оның уллылығына қараң!
«Бабамыз Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе,
Мәңгиге Саған алғыслар болсын!
11 Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ,
Жеңис ҳәм салтанат Сеники.
Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники.
Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе!
Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12 Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер.
Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң.
Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда.
Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў,
Сениң қолыңда. 1 Жылнама 29:10-12
ҚУДАЙЫҢЫЗДЫ ТАНЫП АЛЫҢЛАР!
Оның уллы-мәртебесинен өмир демин алыңлар!
Оның жаратылысының уллылығын ҳәм адамзат ушын Оның жобасын түсиниўге ҳәрекет етиң.
Кеўлиңиз көтерилсин!
Усы Қудай бизлер менен мәңги қарым-қатнас қылыўды қәлей ме?
Усы Қудай мәңги қарым-қатнас болыўына жол қоя ма?
Усы Қудай бизлердиң мийирбан ҳәм Өзине жол ашқан Әке ме?
Юхан тирилген Ийсаны уллылығы менен көргенде, ол былай деп жазады:
Мен Оны көриўден-ақ, өли сыяқлы аяқларына жығылдым. Аян 1:17
Ол толып-тасқан, тилсиз, Қутқарыўшысы тәрепинен қоршалып турған еди.
Бизлер Қудайдың атрибутасы ҳәм минезлемеси үстинде қаншелли көбирек ой жуўыртсақ, соншелли сондай жол менен Оған қатнаста боламыз.
Қарым-қатнас етиўди, гүнакарлар менен мәңги қарым-қатнас қылыўды қәлейтуғын Қудайға сыйының.
Ийсаны бизлер ушын өлиўге жиберген ҳәм бизлерди Өз шаңарағының ағзасы қылған Қудайға сыйының.
Ийсаны Ийем ҳәм Қутқарыўшым деп исенсеңиз, онда мәңги бирге болатуғын Қудайға сыйының.
Қудай менен бизлердиң арамыздағы аралық қолтығы үлкен бола алмайды.
Оннан қала берсе, Ол бизлер менен қарым-қатнаста болыўға жол қояды.
Солай етип, бизлер қорқынышқа, таң қалыўға, алғыс айтыўға, миннетдаршылыққа, ақылға сыйдыра алмаўға толып-тасамыз. Көрип турғаныңыздай сыйыныў тәбийғый түрде Қудайды сүйиўдиң бир бөлеги болып есапланады.
Ҳәр бир жаңа исениўшиниң үйренетуғын сабағының бири: сыйыныў тек ғана жәмәәт пенен бирге емес – ал базыда айланып жүрген ўақытта жүдә мазмунлы болады, және де тәсирли хызмет сыйыныў ўақтында да жүз береди. Базыда күтилмегенде, Қудайды алғыслаўда жанып-тасып кетемиз, базыда түн ортасында оянып кетип, Қудайды алғыслаймыз. Қудайды алғыслаўымыздың себеби мүлкимиз ушын ямаса дуўамызға алған жуўап ушын емес, ал бизлерди Өз шаңарағына қабыллағаны ушын, Оның бизлер менен бәрқулла бирге болғаны ушын, Мухаддес Китаптан бизлерге жақсы нәрселерди үйреткени ушын, бизлердиң Әкемиз болғаны ушын миннетдар боламыз.
Бул дизимниң изи таўысылмайды, даўам ете береди.
Оған сыйыныўымыз ушын себеплер жүдә көп.
Яқшы,
Қудайды сүйиў
1- Өзиң ушын өлиўден басланады
2- Өзиңди сыйыныўға бағышлаўдан басланады
Бул 3-ге қарай жетелейди
3 – Барлық қарсыласларға жол қоймаўдан басланады.
Сиз турмыс қурғаныңыздан соң өзиңизди жубайыңызға бағышлайсыз ҳәм басқа сүйгенлерди таслап кетесиз.
Ерли-зайыптың некеси ушын ердиң ямаса ҳаялдың басқа биреўди сүйиўи жаўызлық есапланады.
Егер де усындай басқаны сүйиў бар болса, онда бул некениң келешеги қандай болады?
Бир-биреўге болған исенимниң бузылыўы, қатты азап шегиўи ҳәм жанның қыйналыўы ҳаққында ойланып көриң. Бизлер поездтың апатқа ушыраўы ҳаққында айтып атырмыз.
Қудай анық усылай пикирлейди.
«Ким де ким Маған келип, Мени ата-анасынан, ҳаялынан, балаларынан, аға-инисинен, апа-қарындасларынан, ҳәтте, өз өмиринен де, ол Мениң шәкиртим бола алмайды» Лука 14:26.
Бул жерде артық көрмесе – дегенде, аз сүйсе мәнисин нәзерде тутып атыр. Бул еврейше сөздиң бир формасы болып, өмиримиздеги басқа барлық сүйиспеншилик Ийсаға болған сүйиспеншиликтиң басқарыўы астында болыўы тийис.
Шаңарақ ағзаларымыз өмирмизде Ийса менен теңлеспеўи керек.
Бундай теңлесиўлер болмаўы керек.
Бизлердиң Оған деген сүйиспеншилигимиз ҳәммесинен күшли болыўы шәрт.
Соның ушын, Юхан бизлерге былай деп айтады:
Дүньяны ҳәм дүньядағы нәрселерди сүймеңлер. Ким де ким дүньяны сүйсе, онда Әкеге деген сүйиспеншилик жоқ. Себеби дүньяда болған ҳәр бир нәрсе: денениң қәлеўлери, көздиң қәлеўлери ҳәм өмирдеги менменлик Әкеден емес, дүньядан. 1 Юхан 2:15-16.
Юханның исениўшилерге екиленбестен жазып атырған бул аятлардағы ең әҳмийетлиси – ҳәр қандай жүрек адасыўы, урланыўы ҳәм Ийеге болған итибары жойтылыўы мүмкин екенлиги ҳаққындағы дәлилди гүўалық етип айтып атыр.
Дүньядағы көп адамлар ҳәм затлар бизлердиң сүйгенлеримиз болыўы мүмкин.
Ҳәр биримиздиң өмиримизде сүйип қалатуғын нәрселеримиздиң дизими – тек ғана өзине тартатуғын ҳаял заты болмаўы мүмкин, ал ақша, күш, ҳәмел, машина, спорт, үй ҳайўанлары, алкогол, наркотик, хобби, хызметлер ҳтб,… булар таўысылмайды.
Қудай қызғаншақ Қудай екенлиги ҳаққындағы факт – факт болып қалады,– мәниси бойынша Ол басқа нәрселердиң Өзинен үстин болыўын қәлемейди.
Ол бизлердиң жүрегимизде басқа нәрсениң Өзинен үстин болыўын қәлемейди.
Ер-ҳаялдың арасындағы қарым-қатнас өз алдына айрықша болғаны сыяқлы, Қудай менен исениўшиниң арасындағы қарым-қатнас та өз алдына айрықша болады.
Юхан өзиниң кишкене хатын қалай жуўмақлағанына итибар қаратың:
Перзентлерим, өзлериңизди бутлардан сақлаңлар! 1 Юхан 5:21.
Оның силтемеси: Исениўшилер! Қудай ҳәм өзлериңиздиң араңызға ҳеш бир нәрсениң түсиўине жол қоймаң.
Бизлердиң жүрегимиз бут ислеп шығаратуғын фабрика сыпатында сүўретленген – бизлерге таза буттың табылыўына ямаса ойлап шығарылыўына ҳеш кимниң жәрдеми керек емес. Бизлер буларды улыўма қыйыншылықсыз, дәрҳәл ислеп шығара аламыз.
Шынын айтқанда, бизлер «адасыўға, жолдан шығып кетиўге, өзимизди Сүйгенди таслап кетиўге бейимлесип қалғанбыз».
Ийшая былай деп айтқан жоқ па еди:
Бизлердиң ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық – Ийшая 53:6
Адасыў – мәниси бойынша ҳәр биримизге тәбийғый ҳалда туўры келеди.
Руўхый бузықлық – бул ҳәзил емес.
Ески Келисимде израил халқы Қудайдан жәрдем сораўдың орнына, жәрдем сораў ушын басқа халыққа қарай жуўырды. Олар бул ушын үлкен қун төледи. Бизлер де Ийсадан емес, ал басқа нәрселерден жәрдем сорасақ, үлкен қун төлеймиз.
Мениң еки достым зергерлик буйымға ийе болған еди. Бул қымбат зергерлик буйымы еди. Екеўи де урлықтың қурбаны болып, сол буйымынан айырылды. Екеўинде де бирдей жуўапкершилик бар еди.
Бириншиден олар қатты қапа болды. Бул ҳаққында екеўи қаншелли көбирек ойлаған сайын, олар Қудайдың өзлери ушын соншелли жақсылық қылғанын түсинди.
Өмирлеринен сол зергерлик буйым алып тасланғада, олардың қамсызланыўы кемейип қалды, бирақ ең әҳмийетлиси затқа деген сүйиспеншилигин Қудайдан үстин қойыўы жоқ болды.
Мениң басқа бир достым футболды жүдә жақсы көретуғын еди, жүрегинде Ийсадан гөре футбол үстин болатуғын еди. Бир неше жылдан кейин ол футбол ойнаўды тоқтатты.
Оған бундай шешим қабыллаўын ҳеш ким айтпады.
Өзлеримиз жол қойғанымыз ушын, руўхый урлықлар ҳәмме ўақытта жүз берип киятыр.
Масийхыйлардың өмириндеги жақсы басланыў күшли ҳәм жақсы тамамланыўына кепиллик бермейди.
Масийх өмиримиздеги сүйиспеншиликтиң жоқарысында болыўы ушын, күшли ҳәрекет, екиленбестен даўам ететуғын ҳәрекет керек болады.
Әсиресе жүрегимизге тармасып кирип келе беретуғын ҳәм таўысылмайтуғын қәлеўлер менен ҳәмме ўақытта және көбирек, көбирек, көбирек қәлейтуғын азғырылыўлар менен, және де, өмириңизде жетиспейди, деп тынбастан бизлерге ҳүжим қылатуғын рекламалар менен қарсы гүресип, күшли ҳәрекет етиўимиз тийис.
Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Римлилер 5:8.
Солай етип, Ийса бизлердиң сүйиспеншилигимиз ушын гүресиўи керек пе?
Салоника жәмәәти «…ҳақыйқый тири Қудайға хызмет етиў ушын қалай бутларды таслап, Қудайға жүз бурғаныңызды айтып берди» (1 Салоника 1:9). Бул жүдә жақсы баслама.
Бирақ Ефес жәмәәтине не жүз бергенин есапқа алың:
Аўа, бул белсенди жәмәәт еди. «Сениң ислериңди, аўыр мийнетиңди ҳәм сабырлылығыңды билемен. Жаман адамлардың жаманлық ислеўине жол қоймайтуғыныңды да билемен. Елши емес болып турып, өзлерин елши деп атағанларды сынадың ҳәм олардың өтирикши екенин билип алдың. Аўа, сен сабырлысаң. Мениң атым ушын қыйыншылықларға шыдам бердиң ҳәм шаршамадың» Аян 2:2-3.
Деген менен, олардың жүреклерине не жүз берген?
«Бирақ, саған бир қарсылығым бар: сен биринши исенген ўақтыңдағы сүйиспеншилигиңди жойттың» Аян 2:4.
Оҳ, яқ! Ефеслилер хаты он жыллар алдын жазылған ўақытта, бул жәмәәт туўры жолдан баратырғанға уқсаған еди. Бирақ ҳәзир олардың сүйиспеншилиги Қудайдан узақласып кеткен.
Егер бул олардың өмиринде жүз берген болса, онда бизлерде де жүз бериўи мүмкин.
Сонлықтан Ҳикметлер 4:23-аят бойынша ҳәр бир Масийхтың изине ериўшилердиң өмири даўамындағы жуўапкершилиги: «Жүрегиңди қорға», яғный ҳәр биримиз жүрегимизге беккем болайық.
«Жанымыздың өмир сүриўи ямаса өлими жүрегимизден шығып, даўам етеди: дурыс, нурлы, жаңаланған, бағышланған ҳәм сергек жүрек руўхый өмир болған мухаддес ой-пикирлерди, сөзлерди ҳәм ис-ҳәрекетлерди пайда етип, мәңгилик өмирге қарай жетелейди. Керисинше болса: жаўыз жүрек, қараңғы, патас ҳәм бузылған, билимсиз, мийримге ийе болмаған жүрек –руўхый өлимге, мәңгилик өлимге қарай жетелейтуғын минез-қулықларды, жаман сөзлерди ҳәм жаман ис-ҳәрекетлерди алып келеди.
Жүрегимиз тәғдиримизди белгилеп, оны басқарады.
Мине, руўхый туўылыў усы жүректен басланады.
Тек ғана қатал түрде алдыға қарай умтылыў ҳәм сергеклик –буның жүз бериўиниң алдын алады.
Руўхыңызды түсирмең!
Ийса жүрегимиздеги биринши орыннан төмен нәрсеге ылайықлы ма?
Буның жуўабы анық!
Қудайды сүйиўдиң мәниси не?
1- Өзиңнен бас кеш.
2- Өзиңизди сыйыныўға бағышлаң.
3- Барлық қарсыласларға жол қоймаң.
4- Оның менен бирге болып рәҳәтлен.
Рәҳәтлениў – жүзиў бассейинине секириў менен мегзес келеди.
Сиз пүткиллей ишиндесиз ҳәм сиз буны унатасыз.
Масийхый – сиз мәңгилик ушын кимге бирлескениңизге итибар бердиңиз бе?
Бул Қудай болады – Ол пүткиллей қүдиретке ийе.
Ол ҳәммесин биледи ҳәм билимли.
Ол барлығын билиўши.
100 пайыз мухаддес.
Барлық даналыққа ийе.
Мийрим-шәпәәтке толы.
Кешириўши.
Ҳәмме ўақытта жақсы.
Қудайдың сыпатлары даўам ете береди.
Қудайдан рәҳәтленетуғын нәрсе, Оны билиўден, қәдирлеўден ҳәм Қудайдың минезинен ләззетлениўден ибарат.
Масийхтың ҳақыйқый изинен жүриўши болған сизге берилетуғын қәўипсизликке қараң!
Енди сиз Мухаддес Руўх пенен мөрленгенсиз – бул дегени шайтан сизди дозаққа тартып кете алмайды.
Гүналарыңыз кеширилди.
Аспандағы сизиң орныңыз жабылып қалмайды.
Сиз Өз балаларына тынымсыз ғамхорлық қылатуғын патшалардың Патшасының баласы боласыз.
Сиз енди «биринши шаңарақтың» турақлы ағзасысыз.
Ийсаның ҳақыйқый изинен жүриўши болған сизге берилетуғын әҳмийетлиликке дыққат салың!
Қудай сизди таңлады – бул Ол СИЗди Өз шаңарағына арнаўлы түрде киргизгенин аңлатады.
Қудай сизди аспанға аламан дегенше, сизиң Ийсаға уқсап барыўыңыз ушын ҳәм өмириңизде мухаддесликте өсип барыўыңыз ушын Өзи жумыс алып барады.
Өмир сизге ең жақсы нәрселерди усыныўына қараўыңыздың ҳәжети жоқ. Сиз әлле қашан таптыңыз.
Тән алыўшылықты излеўиңиздиң ҳәжети жоқ – сиз тән алынғансыз.
Сүйиспеншилик излеўиңиздиң ҳәжети жоқ – бул әлле қашан сизики!
Забур жыршысы былай деп жазғаны таң қаларлық емес:
Суўын ағын суўды қалай аңсаса,
Қудай, мениң жаным да Сени солай аңсайды!
Жаным Қудайға, тири Қудайға шөллейди,
Қашан бараман Қудайдың жүзин көриўге?
Ҳәр күни: «Қудайың қай жерде?» – дегени ушын,
Көз жасларым азығым болды күни-түни. Забур 41:2-4
Қудайдың минезлери ҳәм ислери ҳаққында қаншелли ой-жуўыртып, итибар берсек, соншелли жеңил дем аламыз.
«Масийх ҳаққындағы ойларымыз бизлерди рәҳәтке алып келеди.
Масийх ҳаққында ойлаўды жақсы көремиз.
Масийх ҳаққында сөйлесиўди жақсы көремиз.
Масийх ҳаққында оқыўды жақсы көремиз.
Булардың барлығында рәҳәт бар.
Қудай ким, Масийх ким ҳәм Масийх сиз ушын не ислегени ҳаққында ой жуўыртыў, усылардың барлығы ҳаққында ой жуўыртыў – булардың барлығы сизге рәҳәт алып алып келеди».
Сиз Қудайға ғәрезли болғаныңыз ушын рәҳәтлениң, өйткени Ол сиз мүтәж болған ҳәмме нәрсе. Ол сиз ушын ҳәмме нәрсе.
Қудайды сүйиўдиң мәниси не?
1- Өзиң ушын өлиў.
2- Өзиңизди сыйыныўға бағышлаў.
3- Барлық қарсыласларға жол қоймаў.
4- Оның менен бирге болып рәҳәтлениў.
Ийса оған былай деди:
«Қудайың Жаратқан Ийени шын жүректен, жан-тәниң ҳәм пүткил ақыл-ойың менен сүй». Бул – биринши ҳәм ең баслы буйрық. Матта 22:37-38
Сиз қандай түрдеги сүйиўши адамсыз?