Сораўлар
Сораўлар әҳмийетли.
Егер Қудайдың бизиң хожалығымызға кирип келиўди қашан баслағанын шамалаўға ҳәрекет етилсе, бул бизиң масихый қоңсымыздың мениң анама бир сораў бергени менен басланған болыўы мүмкин.
Анам үйге кирип, асхана столы әтирапына отырды да, желкесин қасып, былай деди: «Ол неге менен бул нәрсе ҳаққында сорады? Ол нени нәзерде тутқан еди? Ол маған қандай әжеп тәўир нәрсени айтты!»
Сол сораў мениң анамды қатты таң қалдырды ҳәм онда ҳеш қашан пайда болмаған мынадай басқа сораўды туўдырды:
– Мүмкин, бизиң хожалығымыз надурыс руўхый жолда турған шығар?
Тек жалғыз-ақ сораў! Мениң хожалығымның Ийса Масихқа исениў арқалы қутқарылыў алыў жолының басланыўына себепши болған әпиўайы жалғыз сораў.
Масих туўралы айтатуғын болсақ, дүнья тарийхында ең уллы Устаз болған Масих та сораўлар берген еди. Көп сораўлар. Мен излеп көрсем, олар 135 екен. Мүмкин, сиз олардан да көбирек табарсыз.
Мына нәрсе ҳаққында ойланып көриң. Егер тарийхтағы ең уллы Устаз сораўлар берген болса, онда исенимли бола бериң, биз ушын бул жерде сабақ бар. Уллы устазлар бәрқулла сөйлей бермейди. Негизинде уллы устазларға басқа адамлар не ойлайтуғыны қызық. Уллы устазлар тыңлаўдың пүткил қунын түсинеди. Уллы устазлар сораўларды адамларды ҳәрекетке келтириў, олардың жүрегинде не барлығын анықлаў, оларды ойланыўға мәжбүрлеў, өз гүнасын терең түсиниў ҳәм ашыў ушын, тәлим бериўдиң күшли қураллары сыпатында қолланады. Бул бизлерди қутқарыўшы исенимге, ҳадал өмирге ҳәм тәсирли хызметке алып келиў мақсетинде исленеди.
Тап ҳәзир Ийшаяның гезеги. Ийемизде бизлер ушын үш сораў, үш күшли ҳәм аўыр тийетуғын сораў бар. Олар бизлерди қолайсыз жағдайға салады. Ийемиз усы сораўларға жуўап алыўды қәлейди. Ийшаядан алынған үзиндиге дыққат қаратың ҳәм мүмкин ол сонда сизиң руўхый өмириңиз ушын зәрүр болған операцияны ислер.
Бул үзиндиниң контекстин түсиниў ушын, Ийшаяның көз қарасы бойынша сол жағдайды түсиниў керек.
Яҳудийлер Израил жерине Мысырдан Ийса Масих туўылмастан бурын шама менен 1400-жылы келген еди. Ешуа Нун китабы олардың ҳәр адым сайын бир жеңистиң изинен екиншисине ерискенин ҳәм әсте-ақырын территорияның көпшилик бөлегин жеңип алғанын сүўретлейди.
Биз Бийлер китабын қарап шығатуғын болсақ, онда ел Қудайдан жүзин терис бурып, қәлегенин ислегенин ҳәм өз ислериниң нәтийжесинен азап шеккенин ҳәм жеңилиске ушырағанын көремиз.
Бирақ қейин Шаул, Даўыт ҳәм Сулайман басқарған патшалық дәўири келди. Еврей артына, Ески Келисим заманына қарайтуғын болса, Даўыт ҳәм Сулайман басқарған заманларда Израилдың дүньядағы уллы мәмлекет болғанына таң қалады. Ҳәмме жерде гүллениў, миллий бирлик, руўхландырыўшы жетекшилер болып, дүнья оны ҳүрмет еткен еди.
Забур жырлары, Сулайманның ҳикметлери, Ўазшы, Сулайманның қосықлар қосығы китаплары сол дәўирлерде жазылып, келеси әўладларға жарылқаў болды.
Бирақ салтанатлы заман узаққа созылмайды. Сол жыллар изинен узақ ҳәм әсте-ақырын қулаў келеди. Ел екиге бөлингенде, миллий бирлик қыйралды. Сол еки ел әскерий, мәдений, экономикалық мәнисте де қыйрала баслады. Усылардың ҳәммеси олардың дәслеп руўхый қулағаны себепли болды.
Сол даңқлы жыллардың барлық жарылқаўларын ел көтере алмай қалды, деген түсиник пайда болады. Қудайдың өзине берген исенип болмас жарылқаўларына жуўап ретинде, Израил Қудайға арқасын қаратты. Өз ҳәлсизликлерине қулақ асыў, өзлерин ойлаў ҳәм гүна оларды бийлеп алды.
Ийшая 1:2-4
Ҳәй көклер тыңлаң! Ҳәй жер, қулақ түр! Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен балаларды тәрбиялап өсирдим, бирақ олар Маған қарсы бас көтерди. Мал өз ийесин, ешек ийеси қойған ақырды таныйды. Бирақ Израил Мени танымайды, халқым Мени түсинбейди». Ўаҳ, гүналы миллет, жазығы аўыр халық, жазыўлық ислеўши әўлад, бузғын балалар, ҳәсирет шегесизлер! Сизлер Жаратқан Ийени тәрк еттиңиз, Израилдың Мухаддесин менсинбедиңиз, Оған арқаңызды қараттыңыз.
Қудайдың халқының дыққатына: сизлер надурыс нәрселерге исенесиз! Қудай оларға уллы сүйиспеншилик, уллы мийрим-шәпәәт, уллы жарылқаўды көрсетти. Бирақ олардың жүреклери Қудайдан алыслап кетти ҳәм олар Қудайдан емес, ал жат жерли патшалардан жәрдем сорай баслады. Олар басқа қудайларға исенип кетти. Бул негизинде бутпаразлық еди ҳәм усы бос табыныў ҳүкимдарлық етти. Олар өзлерине, өз күшине, өз жобаларына исенди. Олар өзлериниң исенимсиз жетекшилерине исенди.
Солай етип, Ийшаяның аудиториясы менен бизиң қай жеримиз уқсас? Ҳәмме жеримиз. Израил халқы 21-әсирди күшли түрде сәўлелендиреди. Бизиң дүньямыз да ыдырап бармақта. Бизиң даңқлы жылларымыз да өтмиште қалды. Бизиң Қудайға деген исенимимиз де толығы менен басқа нәрсеге алмасты. Бизлерде де бутпазарлықтың ҳәмме түрлери бар. Бизлер де көбирек өзлеримизге, әскерий машиналарға исенемиз. Бизлер де исенимге ылайық емес жетекшилерге исенемиз.
Бизлер қалай жасаўымыз кереклигин түсиниў ушын, ҳәзир көплеген исениўшилер Ийшаяның китабынан ҳәм Ески Келисимдеги басқа китаплардан изленгени таң қаларлық нәрсе емес. Себеби бизлер де қулаў синдромы арқалы өтемиз.
Солай етип, Ийшаяның өз аудиториясына беретуғын үш сораўы бар. Сиз қәўипсизлик белбеўин тағып, қорғаўшы бас кийимди кийгениңизге исенимли болың. Өйткени Ийшая туўры сизиң жүрегиңизди гөзлемекте. Үш сораў. Өзиңизди қолларыңыз бенен қушақлап алың,
1-сораў. Ийшая 40:25
«Мени кимге уқсатасыз,
Ким Маған тең келеди?» – дейди мухаддес Қудай.
Ҳәй, исениўшилер, сизлер Қудайдың уллылығын түсинесизлер ме? Оны бир нәрселер менен салыстырып, масқараламаң. Ол сүўретлеў қыйын болған, теңи-тайы жоқ, тәкирарланбас, бизлердиң үстимизде турған, ҳәр қандай түсиниктен уллы Қудай!
Мени балалар менен бирге «Сораў-жуўап» өткизиўге шақырғанда, дерлик бәрқулла меннен: «Қудайды ким жаратқан?» деп сорайтуғын еди. Сонда мен оларға Қудай мәңги екенин түсиндириўге ҳәрекет еттим. Мен жуўап берип болғанымнан соң, маған көплер өзин тигип қарап туратуғын еди. Ендиги рет «Сораў-жуўап» болғанда, маған сол сораўды беретуғынына дерлик исенимли едим. Себеби мәңги болыў – бул түсиниў ушын аңсат нәрсе емес. Бирақ бизлер Қудайды өз дәрежемизге жеткизбеў ушын сақ болыўымыз тийис.
Бизиң Қудай ҳаққында ойларымыз соншелли адамыйлыққа ийе екенин Мартин Лютер ескерткен еди. Олар жетерли түрде уллы емес. Ким кишкене Қудайды қәлейди? Киттай қудай неге жарайды?
Сиз айнада, компьютер экранлары ҳәм телевизорларда, музлатқышларда ҳәм сүўретлерде бармақтан қалған дақ ҳәм излерди жийи-жийи сыпыратуғын шығарсыз. Олар адамның жанына тийеди.
Ал Қудай ҳәмме нәрседе Оның қолларының излерин көриўимизди қәлейди. Мине, әжайып таң атты, оған қолыңызды қойың. Таң қаларлық тереклер ҳәм өсимликлерди Оның қоллары жаратқан. Сиз айнадан көрип турған денеде де Оның қолларының излери бар.
Бизди бир ўақытлары Қудайдың жөргеклерин өзгерткен ана жасағаны таң қалдырмай ма? Уллы устазлар менен Ибадатханада пикир бөлискен бала да адам денесиндеги Қудай екени бизлерди ҳайран қалдырмай ма? Кешки аўқатқа Қудайдың Өзи келгенин айтқан адамлар болғаны туўралы да ойланып көргенсиз бе? Адам денесиндеги Қудай ма? Пүткиллей адам. Пүткиллей Қудай. Ол аспанда еркин патшалық етти, кейин Ол Өзин адам денесинде шеклеп қойды. Барлық бул ойлар себепли албырап қалыўға болады. Еле де таң қаларлығы бизиң Ийсаға исенгенимиз ҳәм енди Қудай бизиң Қудайымыз болғаны. Ол мени басқарғысы келе ме? Мени ме? Оған меннен бир нәрселерди қәлеўдиң неге кереги бар? Буннан биреў еңсеме урғандай сезим пайда болады.
Мен Қудайға тийисли екенимди өзиме бәрқулла қайта-қайта еслетиў сыяқлы ойларға берилиўден, мени ҳеш нәрсе тоқтата алмайды.
Мениң хожайыным мениң ойлағаным, сөйлегеним ямаса ислегеним себепли бахытлы ма екен? Жақында бул мени мойнлаўға алып келди ҳәм бул себепли көп қуўаныш берди.
Егер сиз Масихқа исенген болсаңыз, онда сизиң ҳәм мениң ийеме хожайынымыз болыў ушын қандай қун төлеўге туўры келди? Бизиң қунымыз қандай еди? Ийсаның бизлер ушын атанақ ағашта өлиўи. Егер Ол усындай үлкен қун төлеген болса, онда мүмкин, мен өзимниң Қудайға тийис екенимди салдамлы түрде қабыл етиўим тийис шығар. Бизиң сыйыныўымызды ҳәр екшемби күни азанда не нәрсе руўхландырыў керек. Бизиң ҳәр күни сыйыныўымыз Қудайдан артық па? Солай ма? Биз Қудайымыздың уллылығын тез-тез умытып қоямыз.
Мен ҳәм мениң әкем Масихқа бирдей ўақытта келдик. Бизлер Мухаддес Китапты ўаз қылып айтқанды унататуғын едик. Бирақ бизлер қосықларды жақтырмайтуғын едик, олардың ҳәммеси бизлердиң ашыўымызды келтиретуғын еди. Сонлықтан бизлер жәмәәтке ўаз айтылайын деп атырғанда келетуғын едик. Өмир қысқа. Ўақытты әҳмийетсиз нәрселерге жумсаўдың неге кереги бар?
Бизлер алғысқа әпиўайы қосық айтыў деп, жоқарыдан қарағанымызды түсиниў ушын көп ўақтымыз кетти. Бул қол жетпес, әжайып, даңқлы Қудайға сыйыныў еди. Буны түсингенимизден кейин (буған ўақыт кетти), биз жәмәәтке сыйыныў басланбастан бурын келиўге ҳәрекет еттик.
Бизиң Қудайымыздың даңқын түсинип жетиў ушын, мен
1-Шежире 29:11-13 ке қарағым келеди:
О, Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ,
Жеңис, салтанат Сеники.
Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники.
Патшалық та Сеники, о, Жаратқан Ийе!
Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер.
Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң.
Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда.
Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў,
Сениң қолыңда.
Енди, о, Қудайымыз, Саған миннетдаршылық билдиремиз,
Әжайып атыңды алғыслаймыз.
Бул сөзлер сизиң Мухаддес Китабыңызда белгиленген деп үмит етемен. Мен бул аятты ядлап алдым. Өйткени Қудайды өз жүрегимде ҳәм басымда уллылаўды қәледим. Мүмкин, сиз де буны ислеўди қәлерсиз. Бул Қудайдың қандай салтанатлы көриниси! Ол сиз сыйынатуғын Қудай!
Мухаддес Китаптан алынған мына әжайып аятты қәлейсиз бе:
Забур 113:16
Оларды соққан ҳәм оларға исенгенлердиң ҳәммеси.
Солар сыяқлы болып қалады!
Контекст өзлерине өз қудайларын жасап алыўшылар ҳаққында сөз етеди. Бул аят не ҳаққында айтады. Таярланыңлар, ол: сиз неге табынсаңыз, сол нәрсе болып қалатуғыныңыз ҳаққында айтады. Сиз атлетлерге табынасыз. Сонда сиз ушын әҳмийетли болған ҳәмме нәрселер – бул спорт ҳәм жеңислер болып қалады. Сиз рок жулдызларға табынасыз, сонда сиз олар ушын қымбат болған нәрселерди қабыл етесиз. Сиз ақшаларға табынасыз, сонда сиз ашкөзлигиңиз сизди қандай қылғанын көресиз. Солай етип, егер сиз жалғыз ҳақыйқый Қудайға сыйынсаңыз, онда сиз Оған уқсап қаласыз.
«Бизиң ким болғанымыз ҳәм бизиң не менен шуғылланғанымыз, бизиң кимге табынатуғынымыз бенен анықланады»
Бул демек, сизиң сыйыныўыңыз – сизиң Масихқа усаўыңыздың әҳмийетли өлшеми. Бул демек, асханадағы ўазыйпаларға, жәмәәтке тийисли емес ислерге емес, ал жәмәәт сыйыныўына толық берилиў сизге шектен тыс пайда келтиреди. Биз өзимиздиң табынатуғын нәрсемизде сақ болыўымыз тийис.
Қудайға жақсырақ қарап алың. Ядқа тек бир нәрсе келеди: «ТАҢ ҚАЛАРЛЫҚ». Мен Оның атақ-абырайы, бизлер менен қарым-қатнаста болғысы келетуғыны себепли таң қаламан.
Қудай биз Жер планетасына келтирген барлық қыйралыўларды кешире алады. Ол мениң хожайыным, хызметте илгерилеўимдеги менеджерим ҳәм сүйиклим бе? ӨЗ ҚУДАЙЫҢЫЗДЫ КӨРИП БИЛИҢ! Оның уллылығына қараң. Ҳайран қалың!
Сизиң жәмәәттеги хожалығыңыз бенен сыйыныўыңыз биринши орында турыўы ҳәм оннан кейин ғана ҳәпте даўамында сыйыныў турыўы керек.
Егер Қудай соншелли әжайып болса, онда келиңлер, ҳеш нәрсеге турмайтуғын дуўалар менен сораныўды қоямыз. Келиңлер, батыр, ақылсыз ҳәм тайсалмас түрде дуўа етейик. Қудайдан таўларды қозғаўды сораң. Өзиңиз изинен еретуғын әжайып Қудайдан өмириңизди қозғалтыўды сораң. Минекей, енди сиз ҳақыйқаттан Оның менен сөйлесип атырсыз!
Менде де, сизде де таңлаў бар. Ийшаяның тыңлаўшыларында да. Биз руўхты түсиретуғын, қайғылы ҳәм жаман жаңалықларға өзимизди толық жутып жибериўге русхат етиўимиз мүмкин. Я болмаса, биз алдымызда турған сынақлардың пүткил дәўиринде теңи-тайы жоқ Қудай менен қол усласып жүре алыўымыз ҳәм Оның бизлер арқалы ҳәрекет ететуғынын көриўимиз мүмкин. Бул бириниш сораў: Ийшая 40:25.
2-сораў Ийшая 40:27
Ҳәй, Яқып, ҳәй, Израил, қалайынша сен:
«Жолым Жаратқан Ийеден жасырын,
Қудайым ҳақымды қорғамайды», – дейсең.
Бул сораўды бизлерге де аңсат қолланыўға болады. Ол Ийшаяның тыңлаўшыларына да тийисли болғанына исенимиңиз кәмил болсын.
«Қудай, дүнья надурыс бағдар бойлап ҳәрекет етпекте. Сен сол даңқлы жыллар даўамында соншелли көп ислер иследиң, бирақ енди ҳеш нәрсе ислемей атырғандай болып атырсаң. Сен неге уйықлап қалдың? Қызығыўшылығың жойтылды ма? Бизлерге пүткиллей исенбей қалдың ба? Сен соншелли не менен бәнтсең?
Сизиң өмириңиздеги дуўаларыңыз Қудайды оятыўға ҳәрекет еткендей болған ўақытлар болды ма? «Қудай, АЛЛО! Сен не, мени умытып кеттиң бе? Мүмкин, мениң дуўаларым сениң компьютериңниң спамына түсип қалған шығар? Сен неге мени таслап кеттиң?»
Забур 85:6 мойынланбаған гүна жуўап берилмеген дуўалар себеби болыўы мүмкин екенин айтады. Бирақ бул жалғыз себеп емес. Келиңлер, Елшилердиң ислери 24-баптағы әжайып аятты қарап шығайық. Мен ҳәр сапар ойлағанымда, ол мени қатты таң қалдырады.
Елшилердиң ислери 24:24
Бир қанша күннен соң, Феликс өзиниң Друзилла атлы яҳудий ҳаялы менен бирге келди. Ол Павелди шақыртып алып, оның Масих Ийсаға исениў ҳаққында айтқанларын тыңлады.
Павел тутқында. Сол ўақытлары Феликс деген адам ҳәким болған еди. Феликс ўақты-ўақты Павелди алдына алып келиўди буйырып туратуғын еди. Сонда Павел не ҳаққында айтқанын сиз шамалап биле аласыз.
25-аят
Павел ҳақлық, өзин тыйыў ҳәм келешектеги ҳүким ҳаққында айтқанда Феликс қорқып кетип: – Ҳәзирше бара бер. Ўақыт тапсам, сени және шақыртып аламан, – деди.
Павел ҳақыйқат ҳәм Қудай алдында жуўапкершилик ҳаққында айтқанлықтан, Феликс өзин нақолай сезди. Тилекке қарсы, Феликстиң тәўбе еткени туўралы ҳеш қандай жазбалар жоқ. Мына нәрсе ҳаққында ойланып көриң: Феликсти барлық заман ҳәм халықлардың уллылықта екинши болған устазы жүзбе-жүз үйретеди! Қайғылысы сонда, Феликс Ийсаға келмейди, бирақ Павелдиң тәлийматы оның тынышын алады.
26-аят
Соның менен бирге, босатылыўы ушын Павелдиң өзине пара бериўинен үмит ететуғын еди. Сонлықтан оны тез-тез шақыртып, оның менен гүрриңлесетуғын еди.
Ҳақыйқатын айтқанда, Феликс пара алғысы келди. Бирақ бундай нәрсе жүз бермейди. Ал енди биз тийкарғы болған 27-аятқа келемиз.
Бирақ арадан еки жыл өткенде, Феликстиң орнына Поркий Фест келди. Феликс яҳудийлерге жағынғысы келгенликтен, Павелди қамақта қалдырып кетти.
Еки жыл қамақта? Павел ме? Павел еки жыл даўамында не менен шуғылланғаны туўралы биз билетуғын ҳәмме нәрсе – бул оның Феликске келип, оған гүўалық айтыўы ҳәм және қамаққа қайтыўы болып табылады. Еки жыл ма? Қудай, Сен не ойлап атырсаң? Сен Павелге, жәмәәттиң пүткил тарийхы даўамында масихыйдың үлгиси болған адамға, уллы масихый ойшылға, уллы Мухаддес Китап жазыўшысына, уллы Хош Хабаршыға, уллы жәмәәтлер дүзиўшиге қамақта 2 жыл даўамында шириўге жол қойдың ба?
Егер сиз Павелдиң күн тәртибине жуўап бергениңизде, онда сиз әлбетте ол қулап қалмағанша, барлық үлкен белгили қалалар бойлап оны күни-түни Хош Хабар айтып жүргизер едиңиз. Бирақ Қудай қамақта оны еки жыл даўамында қоллап-қуўатлады ҳәм ол бизлерге белгили болған онша ҳеш нәрсе менен шуғылланбады.
Сиз ҳеш қашан билиўди қәлемеген Мухаддес Китап ҳақыйқатына хош келдиңиз. Ол «Қудайдың күтиў бөлмеси» деп аталады.
Сол 2 жыл даўамында сизиң пикириңизше, Павел Қудай мүмкин уйықлап қалған шығар деп ойлады ма? Ал Жаратылыс китабындағы Юсуп ҳаққында не айта аламыз? Ол да қамақта болды. Я болмаса, 40 жыл шөлде болған Муўса ҳаққында не? Яки бизге белгили болған басқа Мухаддес Китап қаҳарманы ҳаққында не? ЯҚ. Қудай бизлерди ҳеш қашан умытпайды, жойтпайды, бизлерге бийпәрўа қарамайды. Бирақ! Бир бирақ деген бир нәрсе бар. Бул сизиң руўхый саяхатыңыз болып, ол өз ишине сиз қәлемейтуғын Қудайдың күтиў бөлмесинде сизиң Қудай менен бирге ўақыт өткизиўиңизди де алады.
Мениң масихый өмиримдеги ең жаман қәтелер Қудай маған Қудайдың күтиў бөлмесинен шық деўден алдын шыққаным себепли жүз берди. Мен Қудай мени умытты деген исенимге ийе едим. Сонлықтан өзимше ис тутып, соншелли қәтелерге жол қойдым.
Ийшаяның тыңлаўшыларының ишинен бир неше исениўшилер де анық сиз бенен биз сыяқлы, Қудай өзлерин умытты деп ойлап, Қудайдан алыслап кететуғынына исенимиңиз кәмил болсын.
ҚУДАЙ ТУЎРАЛЫ ЖАМАН ОЙЛАР ОЙЛАП, ГҮНА ИСЛЕМЕҢ! Оның бизиң өмиримиз ушын дүзген күн тәртиби – бул бизиң ҳәм сизиң дүзген күн тәртибимиз емес. Бирақ, исенимиңиз кәмил болсын, егер сиз Ийсаға өз Қутқарыўшыңыз сыпатында исенген болсаңыз, онда Қудай – бизиң минсиз Әкемиз ҳәм Оның басқарыўы да минсиз.
Алданып қалмаңлар ҳәм Қудайдың күтиў бөлмесин Оның бизлерге байланыслы қызығыўшылығы менен алжастырмаң. Оны сизлерди таслап кетип баратыр деп ойламаңлар.
Бул 2-сораў еди. Ийшая 40:27
Ҳәй, Яқып, ҳәй, Израил, қалайынша сен:
«Жолым Жаратқан Ийеден жасырын,
Қудайым ҳақымды қорғамайды», – дейсең.
Сизиң жолыңыз Қудайдан ҳеш қашан жасырын емес. Қудай Өз балалары ушын жуўапкер ҳәм бир күни Ол не болып атырғанын билетуғынын көресиз.
3-сораў. Ийшая 40:28
Билмейсизлер ме? Еситпедиңиз бе?
Жаратқан Ийе – мәңгилик Қудай,
Ол пүткил дүньяның Жаратыўшысы.
Ол шаршамайды да, талықпайды да,
Оның даналығына ақыл жетпес.
Қудай шаршады ма? Я болмаса, Ол ақылын жойтып атыр ма? Мүмкин, Оның тәсир етиўи тозған шығар? Мүмкин, тат басып қалған шығар? Қудайда ақылынан адасыў бола ма? Ямаса есин жойтыў ше? Бул ҳаққында ойлап көриң. Сизиң кийимиңиз тозып қалады. Дәрилер жарамлылық мүддетине ийе. Дийўалдағы бояўдың түси өңип қалады. Машинаңыздағы километраж соншелли үлкен болып, сизге енди тазасы керек. Бизге белгили болған ҳәмме нәрселер гөнереди, бузылады, тәсири азаяды, тат басады, ширийди ҳәм т. б.
Өзине жуўапкершилик алған ҳәр қандай ер ҳәм ҳаял хызметшиге қараң. Ол өз лаўазымын таслап кеткен ўақытта не қылатуғынына қараң. Оның қалай қартайып қалғанына қараң.
Ал Қудай не?
Еврейлерге 13:8
Ийса Масих кеше, бүгин ҳәм мәңгиликке бирдей.
Қабыл етиў қыйын болған және бир ой. Айнаға қараң. Сиз нешеге шыққан болсаңыз да, әлле қашан қаратайып қалғансыз. Бирақ сизиң пүткил өмириңиз даўамында Қудай ҳеш өзгерген жоқ. Жаратылыстан бери Қудай ҳеш өзгерген жоқ.
Өз күш дәрежеңиз туўралы ойлап көриң. Сиз бир ўақытлары өзиңизди күшлирек ямаса ҳәлсизирек сезесиз. Ал Оның күши ҳеш қашан таўысылып қалмайды.
Сизде жаман ҳәм жақсы күнлер болады. Ал Оның ҳәмме күнлери жақсы. Ийшаяның аудиториясын еске түсириң. Оларда Қудай даңқлы жыллар даўамында жүдә күшли болды, бирақ ел ыдыраў дәрежесинде болғанда ҳәлсизирек болып қалды деген азғырыўшы ойлар болды ма? Израил тарийхы даўамында Қудай ҳеш өзгерген жоқ. Ол ўақыттан бери де ҳеш қандай өзгерген жоқ.
ҚУДАЙ ТУЎРАЛЫ ЖАМАН ОЙЛАР ОЙЛАП, ГҮНА ИСЛЕМЕҢ! Қудайдан көп нәрселерди алың!
Үш сораў:
- Қудайды және бир адам/бир нәрсе менен салыстырыўға бола ма?
- Қудай умытып кете ме ямаса уйықлап қалды ма?
- Қудай қартайып ямаса тозып қала ма?
Бул сораўлар ыдыраўға келген ел ушын арналған еди. Бул сораўлар бүгин бизлер ушын да арналған. Солай етип, не еди? Бизлер олар менен не ислеўимиз тийис? Бир сәтке тоқтап турың. Енди анық болды, бир жақсы нәрсе жүз бермекте. Сиз сол сораўларға дурыс жуўап бермектесиз.
Ал енди Ийшая 40:31 көбирек мәниске ийе.
Бирақ Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар,
Жаңадан күш алады.
Олар бүркит киби қанат жаяды.
Жуўырса да, шаршамайды,
Жортса да, ҳеш талықпайды.
Егер сиз Ийшаядан қандай да бир аятты ядлап қалған болсаңыз, онда бул усы аят болса керек. Бул ўәде, ҳәзирги бизиң дүньямыз сыяқлы қатты ыдыраған елге берилген уллы ўәде.
Және бир мәртебе қараң: «Жаратқан Ийеге үмит байлаң». Қандай Ийеге?
1-сораўда соралған, уллы, теңи-тайы жоқ, бизиң ҳәр қандай сыйыныўымыз ҳәм жақсы көриўимизге, терең ҳүрметимизге ҳәм лал қалыўымызға, қулақ асыўымызға ҳәм пүткил өмиримизди Оған бағышланыўымызға ылайықлы Ийеге.
2-сораўда соралған, сизди Өз компьютеринде жойтпаған, жаман күнлери жоқ Ийеге. Сизди Өз мақсетлери ушын, ҳәтте, жыллар даўамында Өзиниң күтиў бөлмесинде жайластыратуғын Ийеге.
Және де, үшинши сораўдағы өзгермейтуғын Ийеге. Себеби Оған бәрқулла исениўге болады. Ол Исенимли ҳәм Садық.
Солай етип, Ол биз усы гүнакар дүньяда үмит ететуғын Ийемиз. Егер биз Ийемизден үмит ететуғын болсақ, не жүз береди?
Жаратқан Ийеге үмит байлағанлар Жаңадан күш алады.
Олар бүркит киби қанат жаяды.
Жуўырса да, шаршамайды,
Жортса да, ҳеш талықпайды.
Ҳәлсиз Қудай буны ислей алмайды. Өз компьютеринде сизди жойтып қойған Қудай да буны ислей алмайды. Өз күшин жойтып атырған Қудай да буны ислей алмайды.
Тек Мухаддес Китаптың ҳақыйқый Қудайы ғана буны ислей алады. Биз Ийшая 40-баптан биз алатуғын сабақ усы. Бул бапта Ийшаяның сөзлериниң мәниси қандай? Минекей! Қулақ салыңлар! Бул уллы! Гүнакар дүньяда биз исениўшилер жаңа күш ала аламыз! Ҳәтте, дүнья қыйралып атырған болса да, биз бүркит сыяқлы қанат қомлай аламыз. Адамлар руўхый түскинликте болса да, биз жортсақ та, шаршамаймыз. Мүтәжликте болғанларға тәсирли ҳәм күшли түрде хызмет етиў ушын, биз өзимиздиң қапашылығымыз үстинен жоқары көтериле аламыз. Өйткени биз УЛЛЫ ҚУДАЙҒА исенемиз!
Ҳеш нәрсеге жарамайтуғын Қудай буны ислей алмайды. Бийпәрўа Қудай буны иске асыра алмайды. Ескирип атырған Қудай бизге жәрдем бере алмайды. Бирақ уллылық Қудайы буны ислей алады.
Егер сиз Ийшаяның сораўларына жуўап бере алсаңыз, онда сизге 31-аятта ўәде бериледи. Оның менен бирге жуўырың! Сиз Мухаддес Китаптың ҳақыйқый Қудайына исенсеңиз ҳәм сизге соншелли мүтәж болған бул дүньяға хызмет етсеңиз, келеси жыллар сизиң өмириңиздиң ең жемисли, ең жарылқанған, пүткиллей таң қаларлық жыллары болыўы мүмкин.
Сизиң Қудайға ҳүрмет көрсететуғын, сыйынатуғын, терең ҳүрмет ететуғын ҳәм Ол ылайықлы болған түсиниўшиликти көрсететуғын ўақыт келмеди ме екен?
Қудайды адамыйлық түсиник пенен бурмалап түсиниўди таслап, Мухаддес Китап Қудайының пүткил даңқын көриў ўақты келмеди ме екен?