Өлимнен тирилиў
Өлимнен тирилиў – масихый исенимниң тийкарларының бири болып табылады. Биз буны қарап шығыўымыз тийис. Биз өлимнен тирилиўдиң әҳмийети ҳәм мәнисин түсиниўимиз керек. Бул бизиң өмиримизди өзгертеди.
Анық болған жерден баслайық: өлимнен тирилиў болды ма?
Буның дәлили қай жерде?
Өлимнен тирилиў болғаны бойынша 1-дәлил:
Бос қалған қәбир.
Лука 24:2, 3
Олар қәбирдиң аўзындағы тастың домалатып алып тасланғанын көрди. Бирақ ишке киргенде, Ийемиз Ийсаның денесин таба алмады.
Егер Ийсаның денеси қойылған қәбир бос болса, Оның денеси қай жерде? Шайтан өлимнен тирилиў қаншелли әҳмийетли екенин биледи. Сонлықтан ол Масихтың денесиниң жоқ болып кеткенин түсиндириўши көп теорияларды ойлап тапты.
Мүмкин, Ийса атанақ ағашта есин жойтпаған ҳәм ҳеш қашан растан өлмеген шығар?
Юхан 19:32, 33
Сонда әскерлер барып, Ийса менен атанақ ағашқа шегеленгенлердиң дәслеп бириншисиниң, соңынан екиншисиниң аяқларын сындырып таслады. Бирақ Ийсаның қасына келгенде, Оның әлле қашан жан тапсырғанын көрип, аяқларын сындырмады.
Ийса атанақ ағашта болғанда, рим әскерлери Оның аяқларын сындырмаған еди. Өйткени олар Оның әлле қашан өлип қалғанын көрген еди. Усы теорияны сызып таслаң.
Ал Ийсаның шәкиртлери Оның денесин урлап кетип, қәбир бос қалған деген теорияға сиз қалай қарайсыз? Сиз Ийсаның шәкиртлери рим қараўылларын алдап, тасты ысырып қойған дегенди нәзерде тутып атырсыз ба? Сол нәҳән тасты қоллары менен бе? Шәкиртлер жақсы шыныққан әскерлерди алдап кеткен бе? Бул теорияны да сызып таслаң.
Онда, яҳудий басшылары денени урлап кеткен бола қойсын. Бирақ егер олар денени ҳақыйқаттан урлап кеткен болса, онда олар сөзсиз биринши болып буны ҳәммеге көрсеткен болар ҳәм масихыйлықты жалатайлық деп жәриялаған болар еди.
Матта 28:11-15
Ҳаяллар жолда жүргенде сақшылардың гейбиреўлери қалаға барып, болған ўақыяның барлығын бас руўханийлерге айтып берди. Бас руўханийлер ақсақаллар менен жыйналысып кеңести де, әскерлерге көп ақша берип: – «Түнде бизлер уйықлап атырғанымызда шәкиртлери келип, Оны урлап алып кетти», – деп айтыңлар. Егер бул хабар ҳәкимниң қулағына жетсе, бизлер оның менен келисип, сизлерди ҳәр қандай бәледен сақлап қаламыз, – деди. Әскерлер ақшаны алып, олардың үйретиўи бойынша иследи. Ал усы сөз яҳудийлердиң арасында бүгинги күнге дейин кең тарқалған.
Негизинде яҳудий басшылары жойтылған денени ҳақыйқый машқала деп билгенликтен, әскерлерди өтирик алдаўы ушын сатып алды.
Ийсаның денесиниң жойтылғанын түсиндириў ушын, шайтан ойлап тапқан қәлеген теорияны алып көриң ҳәм сонда Мухаддес Китапты дыққат пенен оқыў оны жоққа шығарады.
Өлимнен тирилиў болғаны бойынша 2-дәлил:
Шектен тыс гүўалар саны.
Олардың ҳәммесине қараң!
Коринфлилерге 1-хат 15:5а
Кифаға көринди.
Кифа – көплер қолланған Петрдиң арамей тилиндеги аты. Петр сөзсиз он еки шәкирттиң жетекшиси болды. Сонлықтан оның биринши болып айтылғаны таң қаларлық нәрсе емес.
Коринфлилерге 1-хат 15:5б
кейин он еки шәкиртине көринди.
Ийса Өз өмирин бағышлаған топар келеси қылып айтылғаны таң қаларлық нәрсе емес.
Коринфлилерге 1-хат 15:6
Соңынан бир ўақыттың өзинде бес жүзден аслам исениўши туўысқанымызға көринди. Олардың көбиси еле тири, базылары қайтыс болды.
500!
Павел усы сөзлерди жазғанда, усы 500 диң көбиси еле тири еди. Ал базылары қайтыс болған еди (сыпайырақ қылып айтқанда, уйықлап қалған еди).
Сизге судта болып, 500 гүўаның сөзлерин тыңлаў унаған болар ма еди?
1-гүўа. Сиз Ийсаны тири көрдиңиз бе?
– Аўа …
33-гүўа. Сиз Ийсаны тири көрдиңиз бе?
Аўа …
437-гүўа. Сиз Ийсаны тири көрдиңиз бе?
Аўа …
500 адам дегени соншелли көп емес пе? Әлбетте, егер биз жер бетинде Эдем бағы дәўиринен баслап болған ең әҳмийетли ўақыя туўралы айтсақ, көп емес. Бул – адам баласына аспанға қарай жол ашатуғын ўақыя.
Көп санлы гүўалар сизиң исиңизди беккемлейди. Бул бир илимпазды былай деп жазыўға руўхландырды: «Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи ҳақыйқый тарийхтағы ең күшли факт болып табылады».
Коринфлилерге 1-хат 15:7а
Буннан соң, Ол Яқыпқа көринди.
Яқып – Ийсаның иниси.
Коринфлилерге 1-хат 15:7а
кейнинен барлық елшилерге көринди.
Елшилер ерте дәўирлердеги жәмәәттиң тырнағының қаланыўына жуўапкер.
Коринфлилерге 1-хат 15:7а
Ал ең соңында шала туўылған балаға мегзес болған маған да көринди.
Павел шала туўылған адам ба еди? Бул баланы алдырып таслаў ямаса оның өли туўылыўы сыяқлы. Бул қорқынышлы ямаса ҳайран қаларлық нәрсеге тийисли. Бул Коринф жәмәәтиниң Павелдиң руўхый жетекши болыўына гүман туўдырыўы сыяқлы. Павел бир нәрселер бойынша оларды мақуллайтуғын еди.
Павел Ийсаның өлимнен тирилгенине гүўа болған көп адамлардың бири еди.
Коринфлилерге 1-хат 15:11
Солай етип, мен болайын ямаса басқа елшилер болсын, бизлер усы нәрсе ҳаққында жәриялаймыз. Сизлер де усыған исендиңиз.
Павелде ҳәм басқа Хош Хабаршыларда бирдей хабар бар еди. Бул хабар Ийсаның өлгени, қәбирге қойылғаны ҳәм өли денеден тирилгени ҳаққында.
Ийсаның өлимнен тирилген денеси әрўақ болмады, ол «физикалық денеден айырылған руўхый жанзат» сыяқлы болды.
Бос қәбир өлимнен тирилиў физикалық болғанын билдиреди. Оның өлимнен тирилген денесин услап көриўге, таныўға болатуғын, Ол жабық қапылар арқалы кириўи, балық жеўи, аўқат жеўи ҳәм суў ишиўи мүмкин еди.
Павел олар көрген Ийсаны аян деп емес, ал ҳақыйқый шахс деп есаплады. Өлимнен тирилген Ийсаны көрген көп санлы гүўалар буны бийкарлаған адамлардың ҳәммесиниң аўзын жабыўға толық ҳуқықлы.
Ийсаның өлимнен тирилгени бойынша дәлил излеп, биз 1-дәлил бос қәбир, ал 2-дәлил Ийсаның өлимнен тирилгенин көрген көп санлы гүўалар болғанын қарап шықтық.
Солай етип, өлимнен тирилиў болғанының 3-дәлили:
Адамлардың өмириниң Масихқа уқсап өзгериўи.
Яқып
Биз Яқып пенен биринши рет танысқанымызда, ол Ийсаға аз ҳүрмет көрсеткен еди.
Юхан 7:3-5
Сонда Ийсаның инилери Оған:
– Бул жерден кетип, Яҳудияға бар. Сениң ислеп атырған ислериңди шәкиртлериң де көрсин. Себеби өзин ашық танытпақшы болған адам жасырын ис ислемейди. Егер Сен усындай ислер ислеп атырған болсаң, Өзиңди дүньяға көрсет, – дести. Өйткени Оған, ҳәтте, инилери де исенбейтуғын еди.
Бирақ Ийса өлимнен тирилгеннен соң, биз Яқыпты Елшилердиң ислери 1-бапта және ушыратқанымызда, оның масихый болғанын көремиз. Ол Ерусалим жәмәәтиниң жетекшиси еди. Бул – Масихқа уқсап, өзгерген өмир!
Павел
Коринфлилерге 1-хат 15:9
Себеби мен елшилер ишиндеги ең арзымағаныман. Қудайдың
жәмәәтин қуўдалағаным ушын, мен елши деп аталыўға да ылайықлы емеспен.
Павел Ийсаны жек көриўден баслады. Бул ашық ҳақыйқат. Өтмишти жасырыўға ҳеш қандай ҳәрекет етилмеди.
Бир қанша ўақыт өтеди ҳәм …
Коринфлилерге 1-хат 15:10а
Бирақ, мен ҳәзир ким болған болсам, Қудайдың мийрими менен болдым. Оның маған деген мийрими босқа кетпеди.
Павел – өзинде ҳәрекет етиўши Қудай себепли Ийса Масихтың елшиси. Мийрим – бул минәсип емес өмирге қуйылыўшы Қудайдың күши. Павел ҳақыйқаттан минәсип емес өмирде жасады.
Ҳәм миннетдаршылық …
Коринфлилерге 1-хат 15:10б
Мен елшилердиң ҳәммесинен көп мийнет еттим. Негизинде мен емес, ал мениң менен бирге болған Қудайдың мийрими мийнет етти. Павел ғайрат салып мийнет етти. Қатты ғайрат салып. Ол елшилер ишиндеги ең өтмиши жаман адам болған еди. Бирақ күнлердиң биринде ол өзин Масихқа бағышлағанда, ҳеш ким ол шелли ғайрат салып мийнет еткен жоқ. Оның Ийса ушын азап шеккени тәсирлендиреди. Павелдиң Қудай ушын қылған пүткил мийнети гүналарының кеширилиўиниң орнын толтыра алмайды. Усы жумыслардың ҳәммеси Қудайға миннетдаршылық есабында исленген еди.
Сиз байқадыңыз ба, 10-аятта мийрим 3 ке көбейтилген? Не ушын? Себеби ол ҳәзир исениўши. Ол Қудайдан толық ғәрезли ҳалда жасайды, саяхат қылады ҳәм мийнет етеди.
Үлкен жетискенлерге толы өмир! Бирақ бул тек Қудай онда жумыс ислегени ушын болды. Бул – Масихқа уқсап өзгерген өмир!
Егер сиз бүгин өтмишиңиздиң қорқынышлы болғанын ойлайтуғын болсаңыз, Павел буны қалай жеңиў кереклигин былай билдиреди:
– Өзиңиздиң ҳақыйқаттан гүнакар екениңиз бойынша Қудайды мақуллаң,
– Ийса гүналарыңызды кешириўи ушын, Оны өз Қутқарыўшыңыз сыпатыңда қабыл етиң.
– миннетдаршылық ретинде, Ол ушын ғайрат салып мийнет қылың.
Енди бир жәмәәтке өлимнен тирилиў туўралы хабар әкелген сол өзгерислерге қарайық.
Коринф. Ийсаға келместен бурын, Коринф жәмәәтиндеги адамлар қандай болған еди?
Коринфлилерге 1-хат 6:9, 10
Наҳақлардың Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайтуғынын билмейсизлер ме? Алданбаңлар! Бузықшылық ислеўшилер, бутпаразлар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, еркек пенен жынысый қатнас жасайтуғын еркеклер, урылар, нәпсиқаўлар, мәскүнемлер, жалахорлар ҳәм тонаўшылар Қудайдың Патшалығын мийрас етип алмайды.
Бирақ олар тәўбе еткеннен соң, Масихқа ере баслады. Сонда не жүз берди?
Коринфлилерге 1-хат 6:11
Араңыздағы айырымларыңыз усындай адамлар еди. Бирақ, сизлер Ийемиз Ийса Масихтың аты менен ҳәм Қудайымыздың Руўхы менен тазаландыңыз, мухаддес болдыңыз ҳәм ақландыңыз.
Олар Ийсаның Хош Хабарын қабыл етти. Олар Хош Хабарда тур. Олар Хош Хабар менен қутқарылды. Өли Қутқарыўшы ҳеш кимге жәрдем бере алмайды. Олардың өмирлериндеги түпкиликли өзгерислер – Ийсаның тири екениниң дәлили.
Бул туўралы ойлап көриң. Ийса атанақ ағаштың не ушын болғанын айтқан еди? Атанақ ағаш Ийса бизиң гүналарымыз ушын оған шығыўы, бизлер кеширим ҳәм жаңа өмир алыўымыз ушын болды.
Бизиң туўры алдымызда, Коринфте, кеше бузық ҳәм неке ҳадаллығын бузыўшы, уры ҳәм жалатай, мәскүнем ҳәм тил тийгизиўши болған адамлар топары енди усы хаттың басында мухаддеслер деп аталады. Олардың өмиринде бир нәрселер жүз берген еди.
Олар енди жаңа жолда.
Олар Қудайдың хожалығы деп аталыўшы хожалықтың бир бөлеги.
Олар жәмәәт деп аталыўшы жаңа шөлкемде ҳәрекет етеди.
Мысалы: олар әўлад қәдири ҳәм қулақ асыў, дуўа етиў, сый бериў ҳәм хызмет сыяқлы ҳақыйқатларды биледи.
Атанақ ағаш/өлимнен тирилиў ҳәрекет етеди.
Атанақ ағаш/өлимнен трилиў биз исенсек ҳәм усыған исенимимиз кәмил болса, нәтийже береди.
Ҳәр бир масихый – бул атанақ ағаш/өлимнен тирилиў ҳәрекет ететуғынының тири рекламасы.
Коринфлилерге 1-хат 15:1а
Туўысқанларым, мен сизлерге жәриялаған Хош Хабарды есиңизге түсириўди қәлеймен.
Ол бул жерде не айтып атыр? Ол бул хатта бөлискен нәрселер, бурын өзи оларға барғанда айтқан нәрселери туўралы сөз етеди. Бул жерде басқа жаңа ҳеш нәрсе жоқ. Оның хаты олар жүзбе-жүз ушырасқаннан бери, ҳасла өзгерген жоқ. Ҳақыйқат пардозлаўға мүтәж емес. Олар жаңаланыўға мүтәж емес.
Оның хаты өтмиште өмирлерди өзгертти.
Оның хаты тап ҳәзир өмирлерди өзгертпекте.
Оның хаты келешекте өмирлерди өзгертеди.
Оны «оңлаўдың» кереги жоқ.
Бул дәлиллерге қараң. Оларды үйрениң. Оларды көрсетиң. Олар салмақлы.
Биз бул хат себепли уятқа қалмаймыз.
Биз жеңимпаз тәрептемиз.
Биз өз досларымызға салмақлы бир нәрсе усына аламыз.
Павел Ерусалимнен Коринфке (ҳаўа кемесинде емес) усы Хош Хабарды айтыў ушын жол алды.
Сиз өз қоңсыңызға Ийса туўралы қаншелли руўхланған ҳалда айтып бересиз?
Зор. Бул өлимнен тирилиў бойынша таң қаларлық дәлиллер.
Бирақ …
Не ушын өлимнен тирилиў әҳмийетли?
- Ийсаның өлимнен тирилиўи Оның бийлиги ушын тийкар болып табылады.
Римлилерге 1:1-4
Ийса Масихтың қулы болған, елшиликке шақырылып, Қудайдың Хош Хабарын жәриялаў ушын таңланған мен, Павелден сәлем! Усы Хош Хабарды Қудай Өз пайғамбарлары арқалы Мухаддес Жазыўларда әўелден ўәде еткен еди. Бул Хош Хабар Қудайдың Улы ҳаққында болып, Ол адам сыпатында Даўыттың урпағынан туўылды ҳәм Оның Мухаддес Руўх[1]b тәрепинен өлимнен қайта тирилиўи арқалы Қудайдың Улы екени қүдирет пенен дәлилленди. Қудайдың Улы – бул Ийемиз Ийса Масих.
Егер де өлимнен тирилиў болмағанда, онда ол жерде Юсуптың улы Ийсаға хошласыў мәресими өткизилген болар еди. Олай болса, мен де, сиз де Ол туўралы ҳеш қашан еситпеген боар едик.
Бирақ Мухаддес Китаптағы аят қарама-қарсы нәрселерди айтады. Оған жақсылап қарап алың. Бул жерде Ийса өлимнен тирилиў арқалы Қудайдың Улы болды, делинбеген. Ол бәрқулла Қудайдың Улы болған еди. Сонлықтан өлимнен тирилиў буны улыўма өзгертпеген.
Ол жерде Қудайдың Улы болып ашылды, деп айтылған. Ийса өлимнен тирилгени арқалы айрықша категорияға жайластырылды. «Көк жийек жер ҳәм аспан арасында бөлиўши сызық болып хызмет еткениндей, өлимнен тирилиў де Оны адамнан ҳәм ҳәр қандай муғаллим ямаса дүнья көрген диний жетекшиден айрықша қылады». Өлимнен тирилиў Оны улыўма басқа категорияға көтереди.
Ол жер бетинде болған шама менен 33 жыл даўамында, бәлент даўыста сөйлегишлерди пәслетип қойды. Көшеден кетип баратырып, Ол жарқырап турды. Адамлар қасына келип: «О, Сен Қудайдың Улысаң ба?» – дегендей, Ол басында жарқырап турған нур менен жүрмеди.
33 жыл даўамында, Ол кишипейиллик ҳәм жалғызлықта Қудайдың Улы болды. Оның ҳәр бир күни ағаш устаханасындағы күнделикли жумыс пенен өтти. Адамлар Өзине қопал қатнаста болып, хорласа да, Ол шағым жасамастан, Өзин кишипейил тутты.
Бирақ өлимнен тирилиў болғанда … Ҳәй, дүнья басыңды жоқары көтер! Бәлент даўыста сөйлегишлер даўысыңыз барынша бақырың! Ийса Өзиниң пүткил даңқы менен өлимнен тирилген Ийе болып көринеди.
Сиз жаңғырып турған кәрнайды еситкендей боласыз.
«Барлық жалған қудайлар жоқ болың!»
«Бутлардың тәлийматлары, өз аўызларыңызды жабыңлар!»
«Пүткил дүньядағы ер адамлар ҳәм ҳаяллар, өз қозғалаңларыңызды тоқтатың!»
«Өз Қудайыңызды көриң!»
Бизиң алдымызда Қудайдың Улы танылған, өлимнен тирилген Ийса Масих турғанда, ҳүрмет ҳәм қорқыныш пенен, үндемей, Оның алдында дизе бүгиўден басқа не қалады?
Өлимнен тирилиў – бул Ийсаның ең уллы дәлили. Бизиң Оған табыныўымыз усыннан келип шығады.
- Өлимнен тирилиў Мухаддес Китаптың ҳақыйқыйлығы ушын тийкар болып табылады.
Мухаддес Китаптан өлимнен тирилиўди алып тасласаң, оның ҳақыйқаты қыйралады. Бул ҳаққында Коринфлилерге 15:13-19 сөз етеди.
Егер өлимнен тирилиў болмағанда, Мухаддес Китап үлекн сәтсизлике ушыраған болар еди:
1-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда.
Коринфлилерге 15:14а
Масих тирилмеген болса, онда бизлердиң жәриялағанларымыз да бийкар болады.
Адамларға Ийсаға исениўди айтыў да бийкар болар еди.
Өтирикшиге исениўдиң неге кереги бар?
2-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда.
Коринфлилерге 1-хат 15:14б
сизлердиң исенимиңиз де бийкар болады.
Өтирикке исенип, ўақтыңызды босқа өткизбең.
3-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда, Хош Хабаршылар ҳәм ўазшылар өтирикши болған болар еди.
Коринфлилерге 15:15
Ҳәтте, бизлер Қудай ҳаққында жалған гүўалық берген адамлар болып қаламыз. Өйткени бизлер Қудай Масихты тирилтти, деп гүўалық берген едик. Егер өлилер ҳақыйқаттан да қайта тирилмейтуғын болса, онда Қудай да Масихты тирилтпеген болады.
4-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда.
Коринфлилерге 15:17
Масих тирилмеген болса, онда сизлердиң исенимиңиз бийкар болады ҳәм сизлер еле гүналарыңыздың бийлиги астында жасап атырған
боласызлар.
Онда гүнадан азат болыўға да ҳеш қандай мүмкиншилик болмаған болар еди. Мен де, сиз де, мәңгиликке гүнаның қуллары болып қалар едик.
5-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда.
Коринфлилерге 15:18
Олай болса, Масихқа тийисли болып дүньядан өткен адамлар да набыт болған болады.
Ҳәзир қайтыс болған Ийсаға исениўшилер аспанға барыў ушын ҳеш қандай үмитке ийе болмаған болар еди.
6-ақыбет. Егер өлимнен тирилиў болмағанда.
Коринфлилерге 15:19
Егер бизлер тек бул дүньядағы өмиримизде ғана Масихтан үмит ететуғын болсақ, онда бизлер ҳәмме адамлар ишиндеги ең аянышлы адамлар болғанымыз.
Онда масихыйлар жер қашанлардур көрген ең ақылсыз ҳәм бийпайда адамлар болған болар еди. Ийса Өзи ўәде еткенди орынлай алмайтуғын жалатай болған болар еди. Бул исениўшилерди пүткиллей ақмақ қылған болар еди.
Бул ҳәрекетлердиң ҳәммеси Мухаддес Китаптың негизги ҳақыйқатының пүткиллей жоққа шығыўы дегенди аңлатқан болар еди.
Бул Мухаддес Китапқа деген исеним ҳәм оннан ғәрезлилик өлимнен тирилиўдиң қаншелли негизги болып табылыўына байланыслы.
Өлимнен тирилиўди избе-излик пенен дәлиллеген дүньядағы жалғыз китап өлимнен тирилиўди пуқталық пенен ҳүжжетлестирди ҳәм оны пүткил ғайрат пенен қорғады, ол бизиң китап оқыўымызда биринши орында турыўы тийис.
Бул өлимнен тирилиўди екинши негизги қолланыў анық ҳәрекетлерге алып келиўи керек:
– Мухаддес Китапқа көбирек исеним ҳәм көбирек ҳүрмет,
– Мухаддес Китап пенен көбирек ўақыт өткизиў, Мухаддес Китапты көбирек бөлисиў.
Қудай қурылыс пенен, өмирлерди қайта қурыў менен бәнт. Мухаддес Китап – Оның негизги қуралларының бири. Егер биз өмирлеримизди Мухаддес Китап ҳақыйқаты бойынша қурсақ, ҳеш ким ҳеш қашан бизди төменге тартып әкете алмайды.
Ҳәммеси Оның китабынан басланады. Ол бойынша қурың.
Нәтийжелерге таң қалмаң, ал оларға қуўаның.
Солай етип, биз усы ўақытқа дейин мыналарды еске алдық:
Өлимнен тирилиў Ийсаның бийлиги ушын тийкарғы болып табылады.
Өлимнен тирилиў Мухаддес Китаптың ҳақыйқыйлығы ушын тийкарғы болып табылады.
Ақырында,
өлимнен тирилиў бизиң өмиримиздеги күш ушын тийкарғы болып табылады.
Сиз Ийсаға деген исенимге ийе болып, Оның сизди гүналарыңыздан азат ететуғынына исенсеңиз, Қудай беретуғын саўғалар мол болады.
Бизге Қудай беретуғын уллы сыйлардың бири мынаў болып табылады:
Ефеслилерге 1:19-20
Және де, Ийсаға исенген бизлерде үлкен қүдирет пенен ҳәрекет еткен Қудайдың күшиниң қаншелли уллы екенин сизлер билсин деп те, дуўа етип атырман. Қудай усы күш пенен Масихта ҳәрекет етип, Оны өлимнен қайта тирилтти ҳәм аспанда Өзиниң оң жағына отырғызды.
Бул аятларды белгилеп қойың. Оларды айландырып сызың. Бетлердиң шетине жулдызша салың. Усы беттиң шетин қайырып, белгилеп қойың. Сизиң ҳайран қалғанлықтан ашылған аўызыңыз еденге түспесин.
Бул жерде айтылыўы керек нәрсе ҳаққында айтылған. Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи ушын жумсалған сол күш Масихқа исенген ҳәр бир адамға берилген.
Сиз байқадыңыз ба, усы уллы күшти сүўретлеў ушын қандай сөзлер қолланылған?
Күш – бул грекше «динамит» сөзи. Қүдиретли (шексиз) күштиң ҳәрекетке келиўи.
Бул күшке ҳәмме исениўшилер ерисе алады!
«Ийсаны өлимнен тирилткен сол күш биз ушын қол жетер ҳәм биз оның менен не иследик?»
Айына бир рет маған электр тармақлары компаниясынан өткен ай ушын қанша электр қуўаты жумсағаным бойынша есап аламан.
Егер Қудай бизге Оның қанша қуўатын жумсағанымыз бойынша бизге есап жибергенде, бул қандай есап болар еди?
Биз өз тилимизди қадағалаў ушын, Оның күшин қолланған болар ма едик? Биз жақсы көриў қыйын болған адамларды сүйиў ушын, Оның күшин қолланған болар ма едик? Жаман ойлардан бас тартыў ушын, Оның күшин қолланған болар ма едик?
Егер сизиң қоңсыңыз өзинде ақша болғанда электрден пайдаланбаў ушын, өткен айда светти я телевизорды, музлатқышты өшириўди қәлемесе, сиз оны ерси көрген болар едиңиз.
Ал бизлер ше, Қудайдың күшин ала алатуғын ўақтымызда, оны қолланбасақ не болады? Мүмкин, бул күш не ислей алатуғыны туўралы бизге еслетиў керек шығар?
Ефеслилерге 3:20
Бизлерде ҳәрекет етиўши қүдирети менен, Қудай бизлердиң тилеген ҳәм ойлаған ҳәр бир нәрсемизди артығы менен ислей алатуғын күшке ийе.
Бул – биз өз өмиримизде сынап көриўди қәлеўимиз керек болған аят. Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи Оны бул дүньяға жаңа түсте қайтарып жиберди. Биз Ийса Масихқа өз Қутқарыўшымыз ҳәм Ийемиз деп исенсек, Ийса Масихтың өлимнен тирилиўи бизди бул өмирге жаңа түсте жибереди. Биз күш ушын дуўа етпеўимиз керек. Биз өзимизде әлле қашан болған күшти ислетиўимиз керек. Ол бизден қандай ҳәрекетлерди талап етеди? Күшти жумсаўды!
Оған ҳәр күни сүйенип, Мухаддес Руўхтың қүдиретли түрде ишлей беккемлеўин сынап көриң.
Қудайдың еркин орынлаў ушын күш сорап, дуўа етпең. Сизде бул күш әлле қашан бар.
Жаман әдетлерди жеңиў күши ушын да дуўа етпең. Сизде бул күш әлле қашан бар.
Басқаларға Ийса туўралы айтыў күши ушын да дуўа етпең. Сизде бул күш әлле қашан бар.
Өмириңиздеги қорқынышты жеңиў күши ушын да дуўа етпең. Сизде бул күш әлле қашан бар.
Түңилиўлерди жеңиў күши ушын да дуўа етпең. Егер сиз Ийса Масихқа исенген болсаңыз, бул күш әлле қашан сизики.
Ислеў тийис болған жалғыз нәрсе – бул усы күшти жумсаў болып табылады.
Қудайдан өзиңизде әлле қашан бар болған нәрсени қолланыў ушын жәрдем сораң.
Өз мүмкиншиликлериңизди, өз өмириңиздеги Қудайдың күшин қолланың. Егер биз бир қанша ўақыт даўамында исениўши болсақ та, ҳәлсиз масихый болсақ, онда кимди айыплаўымыз керек?
Бул күштиң сиз арқалы ислеўи ушын рухсат етиўге сизди ким жигерлендире алады? Бир үлкен қаладағы еки мүсин жақсы жәрдем бола алады. Сол қалада басқа масихыйларды өз өмирлерин Ийемизге бойсындырыў ушын жигерлендириўди қәлейтуғын бир масихый бар. Ол буны ислеў ушын, әпиўайы ҳәм анық усыл тапты.
Ол оларды қаладағы бизнес орайының қақ ортасындағы бир мәкемеге қарай сейил етиў ушын өзи менен бирге алып жүреди. Сол имараттың кирер аўызында Атластың нәҳән мүсини тур. Атлас – Арнольд Шварцнеггер сыяқлы жақсы турпатқа ийе мифологиялық қаҳарман. Оның ҳәмме жеринен булшық етлери шығып тур.
Сол ер жүрек Атлас өз арқасында пүткил дүньяны көтерип жүр ҳәм оған усындай аўырлық астында турыў жүдә қыйын. Сиз оның қыйналғанын, терлерин көрип, ол қашан жығылып түсер екен деп ойлайсыз. Егер ол сөйлей алғанда, сиз оның соңғы урыныўын ҳәм ыңқылдысын еситкен болар едиңиз.
Сиз усы мүсинге қарап болып, үлкен жәмәәтке апаратуғын көшени кесип өтесиз. Ол жерде бир қолында пүткил дүньяны бир қолында услап турған Ийсаның мүсини бар. Ол қыйналмай, терлемей тур.
Солай етип, бул қалай болады? Өзиңиздиң барлық машқалаларыңызды ҳәмме жерде арқаңызға көтерип жүриўди ҳәм жарамсыз өмир кешириўди қәлейсиз бе? Көп масихыйлар анық усыны таңлайды ҳәм жаңағыдай аўыр жүк басқандай болып жүреди.
Я болмаса, сиз өз өмириңизди Ийемизге исенип тапсырып, машқалаларыңызды жеңип шығыўға, өзиңиз ерисемен деп ойламаған уллы нәрселерге ерисиўге жәрдем бериўге Оған рухсат берерсиз.
Масихыйлар, Ийса сизлерге былай демекте: «Сиз ҳәзир Мени өлимнен тирилткен сол күшке ийе бола аласыз. Оны қолланыўдан сизди ким тыйып тур?»
Өлимнен тирилиўсиз Ийса қыйралады.
Өлимнен тирилиўсиз Мухаддес Китап қыйралады.
Өлимнен тирилиўсиз сен қыйраласаң.
Өлимнен тирилиў менен Ийса ҳәмме сыйыныўы ҳәм бойсыныўы тийис болған Ийе сыпатында бийликке ийе.
Өлимнен тирилиў менен Мухаддес Китап бизиң өмиримиздиң тийкарғы жобасы сыпатында исенимге минәсип.
Өлимнен тирилиў менен исениўшилер керекли күшке ийе. Алдымыздағы мүмкиншилик анық.