Шопанның ғамхорлығы
Ден саўлықты сақлаў
Бул көплеген сиясатлық қарсылықлардан, қопал келисимлерден, узақ ушырасыўлардан ҳәм күшли компромислерден соң ҳүкимет тәрепинен тастыйықланды.
Белгили бир тәртипти сақлаўға мың-мыңлаған бетлер толтырылып, жүзлеген бетлерден ибарат болды ҳәм оларды жеткизип бериў ушын юрист керек болды.
Бул соншелли қыйынласып кеткен болып, ҳеш ким оның майда-шүйдесин билмейтуғын еди. Сондай-ақ буған таўсылмайтуғын анықлама, дүзетиўлер, қағыйдалар ҳәм шағым арзалар талап етилди.
Таза форманы киргизиўге урыныў ушын, инсан ҳуқықына тийкарланып, ҳәмме нәрсе аталып өтилди.
Солай етип, сизге ден саўлықты сақлаў хызмети анық қандай өз тәсирин тийгизеди?
Мениң бул ҳаққында анық пикирим жоқ.
Келиңлер, бул ҳаққында сөз етпей-ақ қояық .
Буның орнына келиңлер, сиясий ғамхорлықты көрип шығайық, буны түсиниў аңсатырақ болады.
Шопанның ғамхорлығы:
Бул 2000 жыл алдын орнатылған ҳәм буның тастыйықланыўы ушын узақ ўақыт күшли тартыслар керек емес, буған тек бир бет болса жетерли.
Қосымша көрсетпелерсиз берилген. Бул ҳеш қашан өзгертилмеген, ҳеш қандай бөлекке бөлинип, узақ созылмаған ҳәм бул аңсат ғана дизим менен берилген. Ғамхорлық системасы адам ойлап табыўдан да гөре жүдә кең есапланады.
Шопанлық.
Қудай тәрепинен жазылған, Қудай тәрепинен басқарылған, Қудай тәрепинен қаржыланған. Бирақ кейинги ўақытлары ғалабалық хабарда бул көп айтылмаған.
Шопанлық ҳаққында Юхан 10:1-18 аятларда толық сүўретленген.
Юхан 10:1-18
Шопанның ғамхорлығы
3 сораў.
1. Шопанның ғамхорлығы өз ишине нени алады?
2. Шопанның ғамхорлығының астына кимлер киреди?
3. Шопанлық не ушын әҳмийетли?
1-сораў: Шопанның ғамхорлығы өз ишине нени алады?
Өз ишине нени алатуғынын қарап шыққанымызда – ҳәр қандай сиясат пенен усы сиясатты салыстырың, сонда сиз буған ийелик қылмағаныңызды көрип, буған таң қаласыз.
18 аят – бир беттен ибарат.
Ал буны әпиўайы ғана бала да түсине алады.
Қайсы жерден баслайық? Буны түсиниў ушын гилтти 11-аятта табыўға болады.
Шопанның ғамхорлығы шопанлыққа беккем сүйенеди
ЖАҚСЫ шопан – барлық сиясаттың тийкарын салыўшы болып есапланады.
Қандайда бир сиясатшы ҳаққында ойланып көр ҳәм сол сиясатшының минезлемесине болған қарсы ҳүжимди еслеўиңиз ушын узақ ўақыт ойланып отырыўыңыздың ҳәжети жоқ. Жергиликли өлшем бойынша бул дурыс. Бул миллий өлшем бойынша ҳақыйқат. Бул дүнья жүзи бойынша шынлық.
Шопанды айрықша қылатуғын нәрсе – бул Ийса Өзиниң минезлемесиниң пүтиллей айыпсыз екенин әўелден кристалдай етип анық көрсеткени.
Мен – ЖАҚСЫ Шопанман. Жақсы – мораллық стандарт бойынша ең жоқарғы дәрежеге силтейди. Жақсы – Ийсаның ислеген кәраматындағы ең әжайып сападағы шарапқа айтылады. Ең жоқарғы қатар. Әжайып. Ҳүрметли. А++ ең жоқарыға ақырғы қәдем. Буның мәниси буннан жақсырағы табылмайды, дегенди билдиреди. Усы жақсы Шопан бизлердиң Шопанымыз болыўды қәлейди.
Мениң семинар профессорларымның биринде жаз айларында Израилда шопан болыў мүмкиншилигине ийе болған.
Ол нени үйренди?
1. Ол шопанда билим болыўы шәрт екенин үйренген. Сонда шопан қойларды қайсы жерге бағып, қайсы жерге алып барыўды билиўи ушын, жайлаў ҳәм жерден, яғный географиядан хабары болыўы керек. Ана жердеги төбешиклер қойлар ушын жүдә тик. Демек ол жерде бағыўға болмайды, деп ол жерге алып бармайды. Егер мына жақтағы жол менен жүрсек, онда қойларды суўғаратуғын жер узақласып кетеди. Мына жол менен жүрип бағсақ, бул қойлар ушын әҳмийетли ҳәм қолайлы жайлаўлар. Бул шопанлық илиминиң талапларынан бири.
2. Жақсы шопан қойларының ең баслы нәрселерин биледи: олардың санын, олардың неге уқыплы екенлигин ҳәм ҳәлсизликлерин.
Ол қойларын алдыға жүдә қатты айдай берсе, оларды өлтирип қойыўы мүмкин екенин де биледи. Ол қойларды тез-тез көзден өткериў кереклигин де биледи.
3. Жақсы шопан күшли болыўы тийис. Базыда ол жарақатланған қойды көтерип алып жүриўине туўры келеди. Бирақ бизлер сыртқы күш ҳаққында айтып атырған жоқпыз. Бизлер шыдамлы күш ҳаққында айтып атырмыз – сассық, патас, шыбын-ширкейлери бар ашыўшақ қойды өз қәлеўи менен көтере алатуғын күшти нәзерде тутып атырмыз.
4. Жақсы шопан күнине 24 саат даўамында байланыста болады. Таңғы саат 4. Қойлар не қылып атырғанынан хабарыңыз бар ма?
5. Шопан азықландырыўшы.
Бул жуўапкершилик шопан менен бирге тоқтайды. Ол қойлардың жақсы отлап атырғанынан ҳәм жақсы дем алып атырғанынан хабары болыўы тийис.
6. Жақсы шопан қорғаўшы.
Израилда қозылар менен азықланатуғын қасқырлар, арысланлар ҳәм айыўлар бар.
Мырза Шопан, сиз қойларыңызды тири сақлаўыңыз ушын гүресиўиңизге туўры келеди ҳәм нәтийжеде сизде шрамлар, тырналыўлар пайда болып, кийимлериңиз жыртылыўы мүмкин ҳәм өз қаныңызды төгиўиңиз керек болады.
7. Жақсы шопан жол көрсетиўши.
Өз сүриўин ең қыйын жерлерден жетелеп алып жүре алыўы керек.
Ол өз сүриўиниң изинен қуўып емес, ал оларды өзи менен жетелеп алып жүриўи тийис.
Солай етип, шопанның ғамхорлығы дегенимиз не?
Шопанның ғамхорлығы – бул сизге шопанлық қылып атырған Ийса.
Ол сиз ушын жоқарыда айтылғанларды ислей алады.
Шопанлық ғамхор етиў жоқарыдағылардың ҳәммесин өз ишине алады.
Бирақ бизлер еле тамамламадық:
11-аят былай деп даўам етеди: Жақсы шопан қойлары ушын жанын береди.
Ол әпиўайы ғана азап шегиўшилер сыяқлы Өз жанын бермейди. Ол жақсы мораллық үлгиси сыпатында Өз жанын бермейди. Бизлер бул жерде әпиўайы шопан ҳаққында айтып атырғанымыз жоқ. Себеби егер әпиўайы шопан өлсе, онда пүткил сүриў қырылып кетеди.
Бизлер бул жерде Ийсаның Өз жанын қойлар ушын бериўи ҳаққында сөз етер екенбиз, Шопан жанын бериўи арқалы қойлар аман қалып, пайда көреди. Бул жерде тек ғана атанақ ағашты нәзерде тутып атырмыз.
Өлими арқалы, Оның қойлары аман жасай алады. Бизлер ҳәр биримиз Шопанымыз Ийсаға исенип, Оған үмит қылсақ, онда жасаймыз.
Соның менен бирге, шопанның ғамхорлығы өз ишине нени алатуғынына қараң:
3-аят …ол өз қойларын атпа-ат шақырып,…
Ол ҳәр бир қойлардың атларын биледи. Ол ушын қойлары айрықша әҳмийетли, ал олардың жүнлери ушын емес, олардың өзлери әҳмийетли.
Бир неше күн алдын мен семинарды питкердим ҳәм бир неше қағазларға мәсләҳәтшиме қол қойдырыўым керек еди. Оған қол қойыўы ушын бир бөлек қағазымды бергенимде, ол меннен атым ким екенин сорады.
Үш жыл даўамында ол мениң мәсләҳәтшим болды, ал ол мениң атымды билген жоқ.
Бул маған қандай тәсир етеди, деп ойлайсыз?
Ийса бизлердиң атымызды биледи. Бизлер Ол ушын бир санлар емеспиз. Бизлер Ол ушын айрықша жеке адамлармыз. Шопанлық – бул жоқарғы жеккелик есапланады.
3-аят: Ол бизлерди жетелеп алып жүриўди ўәде қылды.
Усы аятты және оқы.
Усы аятқа тереңирек кир. Пүткил әлемди Жаратыўшы, дүньяны Қутқарыўшы сүриўиндеги ҳәр бир қойдың жеке мәртебе менежери ҳәм өмир устазы болыўды ўәде қылды. Сиз Оған жол қойып атырсыз ба?
7-аят: Шопан Ийса қойлар ушын қапы.
Қойлар қой қорада түнейди. Тастан, гербиштен ярым шеңбер етип, төбеси ашық ҳәм сиз кирип-шығатуғын бир қапысы бар қора ҳаққында ой жуўыртың.
Ийса усы қой қораның қапысыман деп айтып атыр. Тек ғана Ол ҳәр бир адамның нызамлы түрде Жалғыз Ол арқалы кирип шығыў мүмкиншилигине ийе болады. Оннан басқа ҳеш қандай киретуғын қапы жоқ.
Бул қапы еки тәрепке де ашылады. Ол қойларға қораға кириўге ҳәм қорадан шығып, жайлаўға барыўға мүмкиншилик береди. Шопанның ғамхорлығы – қойлардың кирип-шығыўын бақлап, қой қораның қәўипсизлигин, жайлаўда азықланыўын өз ишине алады.
Ал енди мына 10-аяттың кейинги бөлими бар: Сиз шынында да сол өмирде жасаўды қәлейсиз бе?
Жақсы, онда буны ал.
Бизлер Ийсаға исенбесимизден алдын болғанындай, өмир болмаған жүреклерге Шопан Ийса руўхый өмир бериўди қәлейди.
Гүна себепли өли болып туўылған адамларға Ол, жалғыз Ол гүнакарларды гүнасынан қутқарыў ушын , оларға Өзиниң руўхын бере алады.
Бирақ сол жерде тоқтап қалма. Ол оннан да көп нәрсени қылады. Ол дәўлетли өмир бере алады – Ол көп қуўаныш, мийрим, тынышлық ҳәм мол азық береди. Бул ең жоқарғы өмир. Бул бас тартып болмайтуғын өмир. Қудайымыз қатаң емес. Дәўлетли, мол – усыны Ол бизлерге бериўди қәлейди.
Бизлердиң усы дүньямызда сондай көп культлар ҳәм динлер бар.
Ийса бизлерге Оның Өзи, тек жалғыз Ол ғана мол өмир беретуғынын айтып атыр. Буның ишинде шопанлық та киреди.
Деген менен, бизлер еле тамамламадық.
14-аят Ол Өз қойларын биледи – тек ғана олардың атларын, олардың уқыбын емес.
Билиў дегенде, жақын қарым-қатнас нәзерде тутылады.
Адамларды жақыннан билиўге ямаса басқалар менен терең қарым-қатнаста болыўға ҳәрекет етиўимизге бизлер қанша ўақыт сарплаймыз?
Мине, бизлерди ҳеш қандай маскасыз, яғный өзлигимизди жасырсақ та, бизлердиң ис-ҳәрекетимизсиз билетуғын Биреў бар.
Ол бизлердиң Оны жақсы билиўимизди қәлейди. Ол Өз қойлары менен терең қарым-қатнас қылыўды қатты күтеди.
Енди 14-аятқа және қараң. Бул жерде Өз қойларымды, деп айтылған. Оның қойлары Өзине тийисли. Ҳәр бир адамда қәлемеў сезими болған емес пе? Бул тийисли болмаў сезими емес пе? Шопанның ғамхорлығы сол қәлемеў сезиминен ҳәзирдиң өзинде азат қылады. Егер сиз Масийхты Қутқарыўшың сыпатында қабыл еткен болсаңыз, онда сиз тийислисиз. Бул тийисли болыў мәңги даўам етеди.
Усы 18 аятларда берилген шопанның ғамхорлығы сиясатын бир ҳәпте даўамында жақсылап оқы. Айрықшалығын, жумсақ қатнас ҳәм жыллылықты, толықлықты, қәўипсизликти, мазмунды, мудамыйлықты, тынышлықты ҳәм шопанлықтың жеке тәбиятын көриң.
Шопанлық.
Қудай тәрепинен жазылған, Қудай тәрепинен басқарылған, Қудай тәрепинен қаржыланған. Булардың барлығы «шопанның ғамхорлығы өз ишине нени алады?» деген 1-сораўға жуўап. Оҳо! Ким буны қәлемейди?
Бирақ шопанның ғамхорлығының астына кимлер киреди?
2-сораў: Шопанның ғамхорлығының астына кимлер киреди?
Жуўабы аңсат: Шопанның ғамхорлығына қойлар киреди. Қой болыў мақтаўлы емес. Қойларда ақыл ҳәм пәклик жетиспейди. Пайғамбар Ийшая былай жазады: ҳәммемиз қойлардай жолдан адастық.
Ол булай айтып атырғанының себеби қойлардың жойтылыўы аңсат. Олар өз жоллары менен шөп жеўди баслайды ҳәм жүрип баратырып жеў уқыбына ийе. Егер олар тоқтатылмаса, олар усы жерден баслап, кейинги қалаға дейин жол бойы жеп кете береди.
Забур 22-жырда былай айтылады: шопан мени жасыл жайлаўларда ЖАТҚЫЗАР. Ол күнниң ыссысында қойлар қатты ақылдан адасатуғыны себепли айтып атыр. Өйткени оларды егер шопан дем алыўға жатқызбаса, олар жәзийрама ыссыда турып, ҳәлсизленеди. Көбинесе бизлер дем алатуғын ўақыт болғанын билмеймиз. Бизлер қулап қалғанша жумыс ислеймиз. Сонлықтан базыда Қудай бизлерди ЖАТҚЫЗАДЫ.
Жыршы даўам етип былай дейди: Ол мени тыныш ағын суў бойына алып барар.
Ол буны айтып атырғанының себеби, бизлер баслы мүтәжликлеримизди қай жерде қанаатландырыўды билмеймиз. Ол буны ислейди. Егер сиз қой болыў нени аңлататуғынын билсеңиз, онда сиз ҳеш нәрсе менен мақтана алмайтуғыныңызды түсинесиз.
Соның ушын, сораў мынадай болыўы тийис: сиз бүгин Ийсаның қойысыз ба? Келиңлер, бул сораўға дәрҳәл жуўап бериўге асықпайық, себеби сиз қойсыз ба, ямаса яқ па, анықлаў ушын Ийса бизлерге 4 тест береди.
Ийсаның қойлары мына 4 нәрсени ислейди:
3-аят: қойлар шопанның даўысына қулақ салады
Бир күни жайлаўдың ортасында сөйлесип турған еки шопан көринди.
Олар сөйлесип турғанда, олардың сүриўлери бир жерге жыйналып, бир үйим сүриў болып қалды.
Сол еки шопан бир жерге жыйналып қалған еки сүриўдиң ишиндеги өз қойларын қалайынша айырып алады?
Бул аңсат. Шопанлардың бири өз сүриўин шақырды ҳәм олардың ҳәммеси Оның изине ерип баслады, себеби қойлар өз шопанының даўысын еситти.
Солай етип, сиз Ийениң даўысын еситиў ушын күнделикли Мухаддес Китапты оқыўға ўақыт белгилеп қойсаңыз, бул жақсы белги болады. Өйткени сиз Шопаныңның даўысын еситиўди қәлеп атырғаныңызды аңлатады.
Шопанымыздың даўысы қандай екенин басқаша қалай билиўиңе болады?
Мухаддес Китапты ҳәр ашқаныңызда, дүньяны жаратыўшы Қутқарыўшыңыз, Шопаныңыз сизиң өмириңизге байланыслы бир нәрсе айтыўды қәлейди.
Бул сизди қуўандырмай ма? Күнделикли Мухаддес Китапты оқыў өмириңизде қалайынша биринши орында болмаўы мүмкин?
Бир неше жыл алдын досларымның бири еситиў сезими пәсейип баратырғанын билген. Сонда ол доктарға барып көринеди ҳәм оның неден қыйналып жүргенин билди. Сонда оның қулағының ишинде үлкен домалақ мумдай нәрсе бар екен. Сол мумдай нәрсе алып тасланғаннан соң, оның қулағы жақсы еситип баслады.
Сизиң қулағыңыз тәўбе қылынбаған гүна себепли бекитилип қалып, шопанның даўысын еситиўге тосып қоймаған ба?
Қойлар еситеди. Сизиң еситиў қәбилетиңиз қалай?
4-аят: Қойлар Оның изине ереди
Ериў сөзи – Жаңа Келисимде Ийсаға бойсыныў ушын басқа нәрселерди қойып, Оған шәкирт болыў мәнисинде жүдә көп қолланылады.
Бул ишки ҳәм сыртқы ериўди өз ишине алады.
Демек, бул Ийсаның изине аяғымыз бенен де, жүрегимиз бенен де ериўди аңлатады.
4-аятқа және қараң: бул жерде жәмәәтке ҳәптесине бир мәрте бир саат даўамында барыўды, Ийсаның изине ериў, деп айтпайды.
Масийхыйлық ҳәптесине бир сааттан гөре көбирек.
Ийсаның изине ериў – бул бойсыныў, сүйиў, кешириў, Ийемизге ўақтымызды, талантымызды, ғәзийнемизди берип жасаў өмир тәризинен ибарат.
Усы ҳәптеде өмириңизде қанша ўақытты Ийсаның изине ериўге сарпладыңыз? Өмириңиз Ийсаның изине ерип атырғанын көрсетип тура ма?
Демек, қойлар еситеди ҳәм ереди
5,8-аятлар: қойлар жалған шопанларға ериўден бас тартады.
Жақында бир достым қоңыраў қылды ҳәм шаңарағы менен барып атырған жәмәәттен кетип атырғанын айтып, бөлисти.
Буның себеби:
Шопан Мухаддес Китап қадаған етип қойған нәрселерди қылыўды айтқаны ушын, олар өзлерин қолайсыз сезип баслаған.
Олардың өзлери шопанының жалған шопан екенин түсинди, себеби олардың еситип атырғаны, шаңарағы менен күнделикли оқыйтуғын Мухаддес Китап пенен туўры келмеген еди.
Мениң басқа бир достым Масийхыйлық мәсләҳәт, деген китап тапқан.
Ол 71 бетин оқыған ҳәм кейин маған қоңыраў қылды.
Оның өзи биринши 71 бетинде Мухаддес Китапқа силтеме жоқ екенин байқаған. Бул масийхыйлық қандай мәсләҳәт? Көркем фильмлердеги берилетуғын мағлыўматлар ҳаққында ойланып көриң.
Егер бизлер сизиң руўхыңызға, ишки барлығыңызға қарасақ, сиз өзиңизге керек болған жуўапты табасыз.
ЯҚ. Мениң руўхым гүнаның ағымы. Не ушын мен ол жерге қараўым керек? Маған сыртқы жәрдем керек.
Бираз ўақыт жалған устазлардың дузағына түсип қалыўымыз мүмкин, бирақ тез арада ямаса кейинирек, Мухаддес Китабымыз бенен оларды салыстырғанымызда, бизлер қәтени анықлаймыз. Мине, ҳақыйқый қойлар усындай қылады.
Ҳақыйқый қойлар еситеди, ереди, жалғаннан бас тартады ҳәм рәҳәтленеди.
9-аят: ҳақыйқый қойлар қалың, мазалы, қанаатландыратуғын, тойымлы ҳәм дем алатуғын жайлаў табады.
Олар қәўипсизликте болады ҳәм өзлери изине ерип жүргенниң арқасында мүтәжликлери де қанаатландырылады.
Мухаддес Жазыўдағы басқа орында жазылған сөзлер ҳәзирдиң өзинде ой-пикириңизге келген болыўы мүмкин. Бул Забур 22:1-аят: Жаратқан Ийе Шопанымдур, мен мүтәжлик көрмеспен.
Минекей, бизлерге керекли болған ҳәр бир нәрсени бериўи ушын, бизлер өз өмиримизде Оның жобасын орынлаўымыз тийис.
Буннан артық та, буннан аз да шәрт емес. Забур 22:1-аят Мухаддес Китаптағы жүдә танымалы, бирақ аз исенилген бөлеги болып сүўретленген.
Сиз ҳәр күни көрип жүзлесип жүрген тәшиўишли адамлардың жүзлерине қара. Ҳәттеки исениўшилер арасында да сондай тәшиўишленгелер бар.
Айнаға қарасаңыз, сол айнада да тәшиўишленген адамды көриўиңиз мүмкин.
Ал негизинде ҳақыйқый қойлар өз өмирлеринен заўықланып жасаўы керек.
Егер қойлар шынында да Шопанға исенген болса, онда бизлер көбирек тойып жүрген қойларды көремиз.
Өмириңизде ушыратып атырған адамлар ҳаққында ойланың, олар жынысый қатнастан, ишиўшиликтен ҳәм наркотик қабыллаўдан өз рәҳәтин табыўға ҳәрекет етеди.
Шопанның ғамхорлығы булардың жалған екенин бизлерге айтады. Рәҳәтленетуғынлар шопанның қойлары болады. Ийса бүгин Шопаныңыз екенине шадланасыз ба?
Ҳақыйқый қойлар еситеди, ереди, жалғаннан бас тартады ҳәм рәҳәтленеди.
Солай етип, сиз қойсыз ба? Сол дизимге қарап шық. Соның ишинде не жоқ екенин байқадыңыз ба? Бул жерде мынаў айтылмаған: егер сиз, бир ҳәпте алдын, ямаса бир ай бурын, ямаса бир жыл, ямаса он жыл бурын гүнадан тәўбе етиў дуўасын еткен болсаңыз, бул сиз енди анық қой болдыңыз деп айтылып атырған жоқ.
Әлбетте, тәўбе дуўасы әҳмийетли.
Бирақ бурын еткен дуўаң қутқарылыўыңызды анық тастыйықламайды. Тастыйықланыў – бул бүгинги күнде сиз Ийе ушын қалай жасап атырғаныңыз, қой ямаса қой емеслигиңизди көрсетеди.
Егер сиз гүнадан тәўбе етиў дуўасын қылған болсаңыз,
егер сиз шынында да қой болсаңыз – буны сиз қулақ салып еситиў, изине ериў, жалғаннан бас тартыў ҳәм рәҳәтлениў менен тастыйықлайсыз.
Егер сиз ондай болмасаңыз, онда сиз еткен сол дуўа қаншелли шын болған еди?
Бул бизлерди кейинги 2-сораўға алып келеди – Қой деген ким?
Бул сиз, егерде сиз … қулақ салып, еситсеңиз, ерсеңиз, жалғаннан бас тартсаңыз ҳәм Ийе менен бирге рәҳәтленсеңиз.
Енди ақырғы сораўға өтсек: Не ушын шопанның ғамхорлығы әҳмийетли?
Мен кимди шопан етип таңлаўымның қандай айырмашылығы болады? Мениң ҳақыйқый қой екенлигим ямаса қой емеслигим, не ушын буған биреў ғамхорлық қылыўы керек? Бизлер ҳәзирге дейин көрип шыққанларымыз кимниң тынышын алыўы мүмкин?
Жуўаплар – 1, 10, 12-13-аятларда:
Бизлердиң дүньямызда көбирек жаўызлық бар ҳәм бул жаўызлық немқурайды, яғный пассив емес. Ол агрессив, ашыўшақ .
1-аят: Бул жердеги сүўретлеме қой қора – түнде қойларды сақлайтуғын әтираплары жаўық қора.
Ярым шеңберге уқсатылып қоршалған, бастырмасы жоқ, дийўаллары тастан бийик етип өрилген.
Жалған шопанларды бул жерде уры ҳәм басқыншы деп атайды. Олардың Ийса менен иси жоқ, бирақ қойларды өзине алыўды қәлейди. Солай етип, олар тастан өрилген дийўалдан асырылып түсип, қойларға қол салыўға урынады.
Сол ўақытта Ийсаны тыңлаўшылардың ишинде фарисей ҳәм саддукейлер бар еди. Олар анық сол урылар сыяқлы келиўи мүмкин. Фарисей ҳәм саддукейлер адамларды өзлерине тартып, услап турыўға урынып атырған өзлерин таңлаған жалған устазлар еди. Олар пүтиллей Қудайдан алыслаған, ал тек тиллеринде ғана Қудайды айтатуғын еди.
Бүгинги күнде бизлерде фарисей ҳәм саддукейлер жоқ. Олардың орнына жүреклеримизден узақта болған бизлерде культлар, бандалар, наркотик тарқатыўшылар бар. Сондай-ақ, рок жулдызларын, базы атлетиклерди ҳәм кино жулдызларын умытпаң. Олар ҳәзирги әўладлардың өзлерине сыйыныўын қәлейди, ҳәттеки, олардың көпшилиги буған ерисип те атыр.
Бизлердиң танымалы адамларға болған ҳәўеслеримизди көрип шығың. Олар бизлердиң дыққатымызды тартыўға ылайықлы не нәрсе қылды?
Бул жалған устазлар, усы қойларды пайдаланыўшылар Ийсаның есигинен кирмейди. Олардың Ийса менен ҳеш қандай жумысы жоқ. Олар адамлардың үстинен нызамсыз қадақалаўды қолға алыўға урынып атыр ҳәм егер буған ериссе, сол қадағалаўы өлимге алып барады.
10-аят: олардың жүреги жоқлығы ҳаққындағы теманы даўам етеди. Бирақ 12, 13-аятларда булар ҳаққында жақсы түсиникти аламыз. Адамның минези менен қылықларының арасында қатты уқсаслық бар. Адам не ислесе, соны ислейди, себеби ол қандай болса, ол сондай.
Адам урлық ислейди, себеби оның минези ширик минез.
Адам өтирик сөйлейди, өйткени оның минези ширик минез.
Адам ҳүрмет-иззет көрсетеди, себеби оның минези әжайып минез.
Бул жигитлер ақша ушын соның менен шуғылланады. Соның ушын да, олар жалланба деп аталады. Аўыр күнлер келген ўақытта, олар қашады. Олардың жүреклери негизинде сол ҳәрекеттиң ишинде болмаған. Бул менменлик деп аталады. Және де, бул ашкөзлик деп аталады.
Қойларға ғамхорлық қаяқта? Бул жерде жуўапкершилик сезими жоқ. Олар қорқақ ҳәм ҳеш ким оларды жақтырмайды. Қойларды жолдан уратуғын жалған устазлардың барлығын усылай сүўретлейди. Көп адамлар сизиң шопаныңыз болғысы келеди. Көп адамлар сизиң шопаныңыз болыў ушын қатты ҳәрекет етеди. Бирақ олардың минез-қулықлары қандай?
Бизлер шопанның ғамхорлығынан бас тартатуғынлардың тәғдирин көрип атырмыз. Ийса бул жерде не айтып атырғанын түсиндиңиз бе?
Бул я шопанның ғамхорлығы ямаса шайтанның басқарыўы. Шайтанның басқарыўы деген сөз қарама-қарсы сөз, себеби шайтан ғамхорлық қылмайды. Солай етип, шопанның ғамхорлығының әҳмийети неде? Бул бизлерди жалған устазлардан, өтириктиң қулы болыўдан, мәниссизликтен ҳәм дозақтан қорғайды және сақлайды.
Қойлар жүдә шаққан емес. Қойлар ҳәлсиз. Қойлар шопанға мүтәж. Қойларға жақсы шопан керек. Шопанның ғамхорлығы – бул Қудай усынған әжайып сиясат. Сиз буны өзиңизге қабылладыңыз ба? Шопанның ғамхорлығына жазылыў мүмкиншилиги сиз қайтыс болғанда тамам болады. Бул қашан болатуғынын сиз билмейсиз. Усы аралықта сиз неден бос қалғаныңызға қараң? Ийсаны Қутқарыўшың сыпатында исенгениңизде сиз шопанлық ғамхырлығына киресиз ҳәм сонлықтан Оны мәңгиге Қутқарыўшың ҳәм Шопаның қыл. Усы шешимге келиўге не ушын ўақыт созып атырсыз?
Жәмәәтке барыў, ийги ислерди ислеў, жаман нәрселерди қылмаў жүдә жағымлы. Бирақ булар сизиң гүна машқалаңызды шеше алмайды. Ең әҳмийетлиси Масийхқа пүткиллей бағышланыў – бүгин усыны орынла.
Масийхыйлардың өмиринде буннан артық байлық жоқ. Бизлер көрип шыққан усы жыллылық дәргайдың барлығын не ушын қолдан жибериўди қәлеп атырсыз?
Усы жылы мен ушын бир неше аўыр жағдайлар жүз берди. Сонда мениң Шопаным бар деп, өзиме еслеттим. Ол ҳәр күни 24 саат даўамында мени жетелейди, қорғайды, жубатады, маған тынышлық береди ҳәм қозғалып, алдыға жүриўиме мени ийтермелейди.
Шопанымның ғамхорлығы мениң қулаўыма жол қоймайды.
Шопанымыздың ғамхорлығы бизлердиң қулаўымызға жол қоймайтуғынын түсиндик пе?