Ырымлар
СОРАЎ: ЫРЫМ ДЕГЕН НЕ?
«Ырым – бул ис-ҳәрекет, бир зат ямаса жағдайлар келип шыққан.
Ҳәттеки, өмирге булардың ҳеш қандай байланысы болмаса да, өмирдеги жағдайға өз тәсирин тийгизип, жаманлық ямаса жақсы әўмет алып келиўи мүмкин, деп исенип келинген.
Себеплер ҳәм тәсирлер тәбийғыйға байланыслы емес, ал сыйқыршылық ямаса әўмет ямаса ғайрытәбийғый күш арқалы байланған, деп исениледи».
СОРАЎ: ҲӘММЕГЕ БЕЛГИЛИ ҚАНДАЙ ЫРЫМЛАР БАР?
Бир адамның қандай да бир жаман жағдайға түскенин еситсең, онда ағашты қағып, соққыла, сонда бул сениң шаңарағыңнан аўлақ болады.
Жерге жығылсаң, дәрҳәл түкир, сонда қайтып жығылмайсаң.
Қызыл сабақты билегиңе тағып жүрсең, бул сени жаўызлықтан сақлайды.
Ямаса қызыл нәрсени үйиңниң сыртына қыстырып қой, сонда көз тиймейди.
Дуз-бурышты кийимге қыстырып қой, ол көзден-тилден сақлайды.
Туўылған күниңде жаўын жаўса, онда сен жылаўық болғаның.
Тойыңда жаўын жаўса, табыссызлық, әўметсизликтиң белгиси.
Тойыңда қар жаўса, қаспақ көп жегениң.
Егер май айында үйленсең, онда жарлы боласаң. Январь айы да үйлениўге болмайтуғын ай.
Қара пышық жолыңды кесип өтсе, онда апат келтиреди.
Пышақты қырына қойма, болмаса апат алып келеди.
Сипсени тикейтип қойма, болмаса үйде жәнжел болады.
Күн батпай турып уйықлама, болмаса периште сени өлиниң қатарына қосып санап кетеди.
Бөпени көп адамлар бар жерге апарып, жүзин көрсетпе, болмаса көз тийип, аўырып қалады.
Астрология – қуяштың, айдың, планетаның ҳәм жулдызлардың қозғалысын ҳәм қәлиплесиўин үйрениў арқалы, булардың адамлардың минезине ҳәм өмирине тәсири бар деп исенеди.
Нумерология – санлардың руўхый мәнисин үйрениў.
Усы астрология ҳәм нумерологиялар да жоқарыдағы ырымлардың дизимине киреди.
СОРАЎ: МУХАДДЕС КИТАПТА ҚАНДАЙ ЫРЫМЛАР ҲАҚҚЫНДА АЙТЫЛАДЫ?
1Патшалық 4:3 Әскерлер ордаға қайтып келгенде, Израил ақсақаллары: «Не ушын бүгин Жаратқан Ийе бизлердиң филистлерден жеңилиўимизге жол қойды? Жаратқан Ийениң Келисим сандығын Шилодан усы жерге алып келейик. Ол арамызда болып, бизлерди душпанларымыздың қолынан қутқарсын», – деди.
Гүналары ушын тәўбе етиўдиң орнына, олар ырым ислеп, Келисим сандықты алып келиўди ҳәм усылай ислеп, Қудайдың кеўлин табыўды ойлады.
Еремия 44:17-19 Бизлер ҳәммесин өзимиз берген антқа сай ислеймиз: Аспан ханшасына түтетки түтетемиз, оған арнап ишимлик садақасын қуямыз. Бизлер өзлеримиз, ата-бабаларымыз, патшаларымыз ҳәм ҳәмелдарларымыз Яҳуда қалаларында, Ерусалим көшелеринде нелер қылған болсақ, соны қыламыз. Сол ўақытта тойып жеп, абадан турмыс кеширип, жаманлық көрмеген едик. Бирақ Аспан ханшасына түтетки түтетип, оған арнап ишимлик садақаларын қуйыўды тоқтатқанымыздан бери, жетиспеўшиликтен басымыз шықпайды, қылыштан ҳәм ашлықтан қырылып атырмыз.
Ҳаяллар да былай деди:
– Бизлердиң Аспан ханшасына түтетки түтетип, ишимлик садақасын усынғанымыздан, оның көринисинде, оған арнап шөреклер жапқанымыздан күйеўлеримиздиң хабары жоқ деп ойлайсыз ба?
Аспан ханшасы жоқ, бирақ оларда сол ырым болғаны ушын, оған арнап садақа усынды.
1 Патшалық 5:5 Сонлықтан Дагонның руўханийлери де, Ашдодтағы Дагонның бутханасына келгенлердиң ҳәммеси де усы күнге шекем ол жатқан босағаны баспайды.
Дагонның басы ҳәм қоллары босағада жатқаны ушын, босағаны баспаў ҳаққындағы ырым тарқалып кетти, солай етип, ҳеш ким босағаны баспайтуғын болды. Ҳәзирге дейин көп халықлар буған әмел етеди.
3 Патшалық 18:28 Олар қатты бақырды. Дәстүрлери бойынша, өзлерине пышақ ҳәм найза суғып, қан ағызып, денелерин жарақатлады.
Өзлерин азаплаў арқалы өкинишлерин ис жүзинде көрсетти ҳәм усылай ислеп, Қудайдан жуўап күтетуғын еди.
Юхан 5:2 Ерусалимдеги Қой дәрўазасы қасында еврейше Бейтзата деп аталған бес айўанлы бир ҳәўиз бар еди. Бул жерде соқыр, ақсақ ҳәм ләң болған жүдә көп кесел адамлар жататуғын еди.
Солай етип, сол ҳәўизге биринши түскен адам ғана шыпаланатуғын ба еди? Сонда не, биринши түсе алмаған адам шыпа таппайтуғын ба еди?
Егер Мухаддес Китапты иззертлесеңиз, сиз еледе көбирек ырымларды көриўиңизге болады. Оларды оқып шығың ҳәм олардың адамларды қул қылыў күши ҳәм ҳәр қандай машқала ямаса қыйын жағдайлардан пүткиллей алып шыға алмайтуғыны ҳаққында қайғырың.
Илтимас, бул ырымлар Масийхқа исениўшилер тәрепинен қолланылмағанын, ал тек ғана исениўши емеслер тәрепинен қолланылғанын итибарға алың. Жалғыз ҳақыйқый Қудайға исенбегени ушын, тири Қудайға исенбейтуғын адамлар қаншелли қун төлеп атырғаны ҳаққында ой жуўыртың!
СОРАЎ: МАСИЙХЫЙ ЫРЫМЛАРҒА ҚАНДАЙ ҚАТНАСТА БОЛЫЎЫ ТИЙИС?
Ол булардан жүз бурыўы керек! Не ушын? Бул аңсат сораў. Мухаддес Китап бизлерге Қудайдың Өзи ҳәмме нәрсени бағдарлап атырнын айтады. Егер Қудай ҳәммесин Өзи бағдарлап турған болса, онда ырымлар бағдарлап басқара алмайды, булар мәниссиз, бийпәрўалық.
Ефеслилер 1:11 Ҳәмме нәрсени Өз қәлеўи менен иске асыратуғын Қудайдың ерки бойынша бизлер алдын ала белгиленип, Масийх арқалы таңлап алындық.
Өз еркиниң шешими бойынша барлық исти қылады.
Қудай бақлаўы толық.
Ҳикметлер 16:33 Кийимниң шалғайына шек тасланар,
Оның шешими Жаратқан Ийеден берилер.
Адам шешим қабыллаў ушын не нәрсени қолланса да – шек тасласа да, қағазға жазса да, ҳтб. ис-ҳәрекет қылынса да – Қудайдың ерки үстинлик қылады. Ҳәр бир шешим Жаратқан Ийеден келеди.
Еремия 10:23 Жаратқан Ийе, мен адам жолының өз қолында емеслигин, Өз адымын өзи басқара алмайтуғынын билемен.
Адам өз өмирин өзим басқарып атырман деп ойлайды. Ол басқармайды.
Амос 3:6 Қалада қәўипли жағдай себепли кәрнай шалынса,
Халықты қорқыныш баспай ма? Жаратқан Ийе жибермесе, Қалаға апат келе ме?
Қаланың ишинде ямаса сыртында болатуғын ҳәр бир ўақыя тиккелей Жаратқан Ийеден болады.
Яқып 4:13–15 Енди «Бүгин ямаса ертең пәлен қалаға кетемиз, ол жерде бир жыл қалып, саўда-сатық ислеп, пайда көремиз», – дейтуғынлар, тыңлаңлар! Сизлер ертең не болатуғынын билмейсизлер. Өмириңиздиң өзи не? Ол аз ўақыт көринип, кейин жоқ болатуғын пуў. Оның орнына: «Егер Жаратқан Ийе қәлесе, жасаймыз ҳәм мынаны я ананы ислеймиз», – деп айтыўыңыз тийис. Бирақ сизлер менменсип мақтанасызлар. Ҳәр қандай мақтаншақлық – жаўызлық.
Буның мәниси не? Сиз не ислесеңиз де, сизиң мүнәсибетиңиз мынадай болыўы керек: «Мен бақлаўшы емеспен». Басқаша ойлаўдың пайдасы жоқ. Сиз өз орныңызды билиң. Шексиз бул әлемде сиз бир өткинши тиришилик етиўшисиз.
Ең әҳмийетлиси….
Елшилер 4:27-28 Ҳақыйқаттан да, Ҳирод пенен Понтий Пилат бул қалада басқа миллетлер ҳәм Израил халқы менен бирге Сен тайынлаған мухаддес хызметшиң Ийсаға қарсы топланды. Олар буны Сениң қүдиретиң ҳәм еркиң менен алдын ала белгиленгенлерди әмелге асырыў ушын иследи.
Ҳеш нәрсе Оның үзликсиз басқарыўынан тысқары жүз бермеди. Ҳеш нәрсе. Қудай ҳеш қашан жаўызлықтың авторы болмаған, Ол Өз мақсетин орынлаў ушын жаўызлықты жобасына қосып қолланады – буған атанақ ағаш күшли мысалының бири болып есапланады. Ямаса ҳәммесин себеп қылып ямаса оларға жол қойып, Қудай Өзиниң Қудайлық жобасын беккем услайды.
Басқа тәрептен, тийкарсыз исеним арқалы кирген ырымлардағы базы нәрселер сизге пайдасын ямаса зыянын тийгизиўи мүмкин. Мухаддес Китап күтилмегенде жүз беретуғын ҳәр түрли пикирлерди жоқ қылады, себеби ҳеш нәрсе Қудайдың пүткиллей үзликсиз бақлаўынан тысқары жүз бермейди.
«Сиз бир нәрсеге жол қойғаныңызда, бул неге алып баратуғынын ҳәм булардың қандай жағдайға алып келетуғынын билсеңиз де, алдыға қарай жүрип, буған жол қойдыңыз дейик. Әлбетте, егер сиз қудай болып, буған жол қойып, даналық қылған боласыз. Сонда сиз нени жобаластырып, нени ислеп атырған болсаңыз, берилген үлгиге туўры келетуғын болса, онда бул ақыллылық болар еди».
Нәтийже шығарыў: Ырымға исениў – бул дана, сүйиспеншиликли, толық минсиз, ҳақ, шексиз мийримли Қудайдан жүз бурыўды аңлатады.
Алдыннан айтып болмайтуғын, тийкарсыз, субъектив нәрселерге, базыда зыянлы ҳәм көбенесе ақмақлық ырымлардың орнына, адамда сүйениўге болатуғын, қорғайтуғын, садық, исенимли ҳәм өмиримизди жетелейтуғынына исениўге болатуғын бир нәрсемиз бар – бул Мухаддес Китап.
Тек жалғыз Мухаддес Китап ғана бизлердиң бийлигимиз
2 Тимофей 3:16 Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып, тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы.
Бул адам ушын ең соңғы бийлик, өйткени бул Қудайдың аўызынан шыққан. Усы сөздиң үстине, тек ғана усыған тийкарланып, өмиримизди қурыўымыз тийис.
Тек ғана Мухаддес Китап бизлерге жеткиликли
2 Тимофей 3:17 Олар тийкарында Қудайдың адамы ҳәр бир жақсы иске таяр болыў ушын жетилисип барады.
Мухаддес Китап қутқарылыў жолымызды ҳәм масийхқыйлық өмирде қалай жасаўды билиўимиз керек болған ҳәмме нәрсени өз ишине алады. Усы дәўиримиз ушын бизлерге Қудай нени айтыўды нәзерде тутқанының ҳәммеси Мухаддес Китаптың ақырғы бетлерине дейин жазылған. Қудай адамзатқа айтыўды қәлеген барлық шынлықлар усы Китапта толық өлшемде ашып берилген.
Қудайды ҳүрметлеп жасайтуғын өмир тийкарын тек ғана усы Китап бере алады ҳәм бизлерде буннан ҳеш қандай өкиниш болмайды.
Басқа нәрселерди излеп, қуры ўақытты босқа өткериўдиң ҳәжети жоқ.
Бизлер әлле қашан буны алдық. Мухаддес Китаптың өзи толығы менен жеткиликли.
Сиз Мухаддес Китаптың өзи жеткиликли деп исенесиз ямаса сиз усының орнын басатуғын ҳәм қосымша болған басқа тәжирийбелерди ҳәм сабақлықларды, және де өмир тәжирийбесин үзликсиз изленип, өз ўақтыңызды ҳәм күшиңизди босқа өткересиз. Ал бул сизге даўам ететуғын қанаатланыўшылықты бере алмайды.
«Мухаддес Жазыўдан бир нәрсе алып таслаў ямаса бир нәрсе қосыў қадаған етилгенине салдамлы түрде қараң (Нзм 4:2; Аян 22:18-19).
Жалған тәлиймат, секта ҳәм таза исеним – булардың тийкаршылары тәрепинен ашықлық ямаса өмир тәжирийбесине сүйенген ҳалда Мухаддес Китаптың шегарасынан шығып кеткен жағдайларда пайда болады».
Келиңлер, Қудайдың Өз Китабында берген аянларының ҳәммесин жигерленип, баҳалайық.
Мухаддес Китапқа дыққатыңызды қаратың!
Мухаддес Китапты өзиңизге сиңдириң!
Мухаддес Китап үстинде ой жуўыртың!
Мухаддес Китапты ҳақ ҳүжданыңыз бенен қоллап-қуўатлаң!
Егер исенимиңиз Масийхта болса, онда шадланың. Себеби Мухаддес Руўх Қудайдың бир неше әсирлер алдын адамзатқа берген ҳәм „көзди қамастыратуғын әжайып“ шынлықларды сизге ашып береди!
Ырымларды не қыламыз? БУЛАРҒА ӨЗ ЎАҚТЫҢЫЗДЫ, КҮШИҢИЗДИ ҲӘМ АҚШАҢЫЗДЫ БОСҚА САРПЛАМАҢ!
Мухаддес Китапты не қыламыз? УСЫНЫҢ МЕНЕН БИРГЕ ӨМИР СҮР!