Мухаддес Китап
Мухаддес Китап
Мухаддес Китап қаяқтан пайда болған?
Тимофейге 2-хат 3:16 а
«Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси Қудайдың Мухаддес Руўхының илҳамы менен жазылған болып … »
Мухаддес Китаптың тийкары Қудай болып табылады. Яқ, Қудай сөзлерди Өзи жазбады. Ҳәр бир сөздиң артында Өзи турыўы ушын, Ол авторлардың ақылын бағдарлап отырды.
«Мухаддес Китаптың дүзилиси де айрықша тастыйықланған болыўы тийис. Бул 40 ямаса оннан да көбирек ҳәр түрли адамлар тәрепинен 2000 жыл даўамында жазылған 66 китаптың жыйнағы болса да, ол минсиз бирлик ҳәм избе-изликке ийе болған бир Китап болып табылады».
Мухаддес Китап бизлерге қалай жәрдем береди? Ол
« … тәлим бериў, әшкаралаў, дүзетиў ҳәм ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў ушын пайдалы».
Мухаддес Китаптың мақсети мыналар болып табылады:
Тәлим бериў – Қудайдың ҳақыйқатын билиў
Әшкаралаў – сен Қудайдың жолынан бурылдың!
Дүзетиў – Қудайдың жолына қайтыў ушын жәрдем бериў
Ҳақыйқатлық бойынша тәрбиялаў – тийисли минез-қулықты қәлиплестириў.
Тимофейге жазылған 2-хат 3:16 да «Мухаддес Жазыўлардың ҳәммеси» деп айтылғанда, бул неге тийисли?
Бул оригинал манускриптлерге тийисли болып, олар тийкарында Мухаддес Китап жазылған.
Биринши болып Мухаддес Китап жазылған сол оригинал манускрит бизге жетип келген бе?
Яқ.
Бирақ биз биринши манускриптти билетуғынымызға исенимлимиз. Өйткени:
1) «Басқа манускриптлердиң сақланып, жетип келгени сыяқлы, яҳудийлер оны бизиң заманымызға дейин жеткизген. Олардың нызам муғаллимлери ҳәр бир ҳәрип, ҳәр бир буўын, ҳәр бир сөз ҳәм параграфқа арналған кестелерди сақлап қалған. Олар өз мәдениятында ер адамлар ушын арнаўлы класларды алып барған. Сол ер адамлардың жалғыз жуўапкершилиги бул ҳүжжетлерди минсиз анықлық пенен сақлап, кейинги әўладларға қалдырыў болып табылған. Ал Платонның, Аристотельдиң ҳәм Сенеканың ҳәриплери менен сөзлерин биреў есаплап шыққан ба?
2) Дүньяда Платон, Аристотель ямаса Сократ сыяқлы классиклердиң жазбаларынан гөре, Мухаддес Китаптың избе-изликте жазылған нусқалары көбирек. «Дүньядағы антик әдебияты ишинен Жаңа Келисим сыяқлы жақсы тастыйықлаўшы бай текстке ийе болған ҳеш кандай әдебият жоқ».
«Жаңа Келисимге келсек, биз оның тамамланған мыңлаған манускриптлериниң ҳәм еле де көбирек манускриптлердиң үзиндилерине ийемиз. Пүткил Жаңа Келисимниң ямаса оның кеңейтилген бөлеклериниң 5000 нан аслам нусқалары бар. Буған қосымша, биз Жаңа Келисимниң бир неше мыңнан көбирек үзиндилерине ҳәм кишкене бөлимлерине ийемиз. Егер бул санлар басқа антик тарийхының мийнетлерине салыстырғанда үлкен болып көринбесе, онда Жаңа Келисимниң ҳүжжет пенен тастыйықланған манускриптлери ҳәм нусқалары басқа мийнетлердиң ҳүжжет пенен тастыйықланған манускриптлеринен анағурлым басым келеди.
Мысалы: Гомердиң Илиадасының 700 дей нусқасы ҳәм Аристотельдиң мийнетлериниң аз ғана нусқасы ғана бар. Солай етип, ис ҳүжжет пенен тастыйықлаўға жетип барса, санлар Жаңа Келисим тәрепте басым келеди».
«Басқа әййемги жазбалар менен салыстырғанда, классик әдебияттың қәлеген он шығармасынан гөре, Мухаддес Китап өзин жақлаў бойынша анағурлым көбирек ҳүжжетли тастыйықлаўларға ийе».
«Ал Ески Келисимди ҳүжжет бойынша тастыйықлаў бойынша не айта аламыз? Бул мақаланың көлеми материалды бирме-бир баянлаўда азлық етеди. Бирақ ол ҳәдден тыс пуқта. Мысалы: Өли теңиз жазбаларының бир бөлеги болып табылатуғын манускриптлер бизиң заманагөй Ески Келисим нусқаларымыздың ҳәдден тыс пуқта екенин көрсетеди».
Матта 5:17-18
Сизлер Мени Мухаддес Нызамды ямаса пайғамбарлардың Жазыўларын бийкар етиўге келди, деп ойламаңлар. Мен бийкар етиў ушын емес, ал орынлаў ушын келдим. Сизлерге шынын айтып турман: аспан менен жер жойылмағанша, Мухаддес Нызамның бир ҳәриби де, бир ноқаты да жойылмайды, барлығы да орынланыўы тийис.
Ийса Ески Келисимниң толық пуқталығын ҳәм абырайын тастыйықлайды.
3) Масихый жәмәәттиң биринши әсирлеринде дин уламаларының белгили бир саны Жаңа Келисимнен аятлар келтирген. Олар Жаңа Келисимнен соншелли көп аятлар келтирген болып, Жаңа Келисимниң 27 китабының тек 11 аятынан басқа ҳәр бир аятын бөлек-бөлек келтирген екен. Бул ис жәмәәт тарийхындағы дәслепки бир неше жүз жыл даўамында болып өткен. Биз және де, Жаңа Келисимниң көпшилик бөлеги Ийса Масихтың өлими ҳәм өлимнен тирилиўинен бир неше онлаған жыллар өткеннен соң жазылғанын да қосып айтқымыз келеди. Мысалы: Коринфлилерге 1-хат
50-жыллар, яғный Масихтың өлими ҳәм өлимнен тирилиўинен жигирма жыл кейин ямаса сол шамада жазылған. Бул әҳмийетли, өйткени Коринфлилерге 1-хат 15-бапта Хош Хабардың хатларының тийкарғы сөзлери бар. Олар Масихтың өлимнен тирилиўиниң әҳмийети туўралы сөз етеди ҳәм 500 ден аслам адам өлимнен тирилген Масихты көргенин тастыйықлайды. Коринфлилерге 1-хат жазылған ўақытта тири болған адамлар бул хатта айтылған сөзлерди беккемлеў ямаса сынға алыў ушын жақын жерде болған екен».
Усы дәлиллердиң ҳәммеси менен биз биринши тийкарды пуқталық пенен сәўлелендиреди деп, заманагөй Мухаддес Китапқа исене аламыз. Ол бизлерди буған миннетли қыла алады да.
Бирақ бизлер не ушын Мухаддес Китапқа исениўимиз керек?
- Орынланған пайғамбаршылық.
«Жаңа Келисимде Ийса Масихтың өмири, өлими ҳәм өлимнен тирилиўинде Ески Келисимниң орынланған 300 ден аслам арнаўлы пайғамбаршылықлары бар». «Ғайрытәбийғый әдебият үлгиси пенен ис алып барыўшы ҳәр адамды Ески Келисим Жазыўларының пайғамбаршылықлары толық орынланғаны арқалы исендириў ушын жеткиликли. Қудайдың Өзи Мухаддес Жазыўларда мәңгилик избе-излик орнатқан ҳәм бул олардың Қудайдың сөзи екени туўралы гүўалыққа ийе».
Ески Келисим пайғамбаршылықлары орынланғаны бойынша айырым мысаллар мыналар болып табылады:
Ийса қыздан туўылады (Ийшая 7:14),
Израилдың Мессиясы кишкене аўыл Бейтлеҳемде туўылады (Миха 5:2),
Ерусалим ҳәм Ибадатхана Мессиядан соң қыйратылады (Даниел 9:26)
Израилдың көпшилик бөлеги Ийсаны қабыл етпейди (Ийшая 53:1),
Ийсаны жек көреди ҳәм Оны қабыл етпейди (Ийшая 53:3),
Ийсанны хорлайды (Ийшая 53:4),
Ийсаның үстинен ҳүким шығармайды (Ийшая 53:8),
Ийса бай адамның қәбирине жерленеди (Ийшая 53:9),
Ийсаны 30 теңгеге сатады (Зехария 1:12),
Ийсаны достысы сатады (Забур 40:10),
Оның қоллары ҳәм аяқлары шегеленеди ( Забур 21:17),
Оның бүйирин найза менен теседи (Зехария 12:10),
Адамлар Оның кийими ушын шек тасласады (Забур 21:19),
Оның үстинен күледи (Забур 21:8),
Оған ишиў ушын өт ҳәм сиркени береди (Забур 68:4),
Оның ҳеш бир сүйеги сындырылмайды (Забур 33:21),
Ол Өзин таслап кеткенин айтып, нала шегеди (Забур 21:1).
Бул аятлардың ҳәммеси Ийса туўылмастан бир неше әсирлер бурын жазылған еди. Мухаддес Китапты изертлең ҳәм сиз оннан да көп нәрселерди табасыз. Бул тосаттан болған әпиўайы нәрсе болмайды.
- Ийса.
Ийса Ески Келисимнен ҳәр түрли болған 49 аятты келтирип өткен еди. Ол Ески Келисимниң 24 түрли китабынан аятлар келтирген. Солай болса не болыпты? Бул арқалы Ийса Ески Келисимниң тийкарын анық тастыйықлайды. Өйткени Ески Келисим Мухаддес Китаптың 77% ын ийелейди.
«Ийсаның Ески Келисимди исенимли деп қабыл еткенин көрсетиўши бундай статистикаға сүйенгенимиз не ушын әҳмийетли болып табылады? Себеби егер Жаңа Келисим исениўге ылайықлы болса, онда Ийса да Өзиниң адам денесиндеги Қудай екенин өлимнен тирилиўи арқалы дәлиллеген болып табылады. Сол сыяқлы, Оның Ески Келисимге берген силтемелери де исенимге ылайық».
- Илим.
«Мухаддес Китап – бул илимий китап болмаса да, илимий көз қарастан ол қәтесиз болып табылады. Бизге Мухаддес Китапқа қарсы туратуғын ҳеш қандай илимий дәлиллер белгили емес. Керисинше: мыңлаған жыллар даўамында адамзат дүньяны түсиниў бойынша ҳәрекет етип атырғанда, Мухаддес Китап өмирди ҳәрекетке келтириўге мәжбүрлейтуғын көп қырлы илимнен сыр жасамады».
Өмир ушын қанның биологиялық әҳмийети (Лебийлилер 17:11),
Жердиң дөңгелек екенлиги (Ийшая 40:22),
Жулдызлы жер бетиниң дерлик шексиз созылыўы (Ийшая 55:9),
Масса ҳәм қуўатты сақлаў нызамы (Петрдиң 2-хаты 3:7),
Гидрологиялық цикл (Ўазшы 1:7),
Жулдызлардың есап-сансызлығы (Еремия 33:22),
Хаослық көлемниң көбейиў нызамы (Забур 101:26-28),
Өмир процесслеринде қанның биринши дәрежели әҳмийети (Лебийлилер 17:11),
Атмосфералық циркуляция (Ўазшы 1:6),
Гравитациялық майдан (Аюп 26:7).
Суйықлықлар динамикасының принципи (Аюп 28:25),
Менталь ҳәм физикалық ден саўлықтың сәйкеслиги (Сулайманның ҳикметлери 12:4),
Суўдың айланысы (Забур 134:7).
«Физика бойынша Нобель премиясының лауреаты Арно Пензиас былай деген еди: „Ҳәтте, егер менде Муўсаның бес китабы, Забур ҳәм толық Мухаддес Китаптан басқа ҳеш нәрсе болмағанда да, бизлер ийе болған ең анық мағлыўматлар, мен шамалаған нәрселерге толық сәйкес келген болар еди».
- Археология.
Көплеген жыллар даўамында скептиклер Мухаддес Китапқа сүйениўге болмайтуғынын тастыйықлаған еди. Өйткени ол Ниневия ҳәм Содом сыяқлы еки қала ҳаққында сөз еткен еди. Бирақ бул сөзлер тек сол қалалардың қарабақаналары табылмағанша айтылып келинди.
Сыншылар Даниелдиң китабын жалған деп атады. Себеби Бабилон патшасы Бельшазардың жасағаны туўралы ҳеш қандай гүўалық болмаған еди. Бирақ кейин, олар Мухаддес Китап және дурыс екенин дәлиллеўши ески қол жазбаларды тапты.
Хеттлердиң пайтахты Хаттуса (Хаттушаш) ҳәм Туркиядағы Богазкале атлы аўылдың қасынан жазбалар табылмағанша, бурын хеттлерди Мухаддес Китап аңызы деп ойлаған еди.
Ийшая 20:1 де жазылғанындай, Ассирия патшасы Саргон болмады, деп тастыйықлады. Өйткени бул ат ҳеш бир жазбаларда белгили болмаған. Кейин, Саргонның сарайы Ирактағы Хорсабадтан табылған.
Ешуа Нунның китабында сүўретленгениндей, Ерихо қаласының дийўаллары ҳақыйқаттан да қыйралып қалғанын Ерихо қазылмалары көрсетеди.
Мухаддес Китапты беккемлеўши археологиялық гүўалықлардың әпиўайы мысаллары.
- Тәжирийбе.
«Мухаддес Китап ҳақыйқат. Себеби ол бизге өзи ўәде қылған тәжирийбени береди». «Егер ким Масихта болса, ол жаңа жаратылыс. Бурынғысы өтип кеткен, енди ҳәммеси жаңа болды». Тәжирийбе Мухаддес Китапты қалай дәлиллейди? Жүдә әпиўайы. Оны сынап көриң ҳәм егер сиз ол бойынша жасайтуғын болсаңыз, онда оның сизди Масихқа уқсас қылып өзгерткенин көресиз.
«Әсирлер даўамында, Мухаддес Китап сөзлери миллионлаған адамлардың өмирин, яғный мух. Августиннен Мартин Лютерге дейин, есап-сансыз ер адамлардың, ҳаяллардың ҳәм балалардың өмирин қәтесиз ҳәм үзил-кесил өзгерткен. Аты белгисиз көп санлы масихыйлардың әсирлер даўамында көрсеткениндей, Мухаддес Китап – бул сүйиспеншилик ҳәм жақсы мийнет пенен өмир сүриў гилтин табыў ушын жәрдем алыўға болатуғын ең исенимли жер болып табылады».
«Оның дүньяға көрсеткен тәсирине де дыққат қаратың. Мухаддес Китап тарийхтағы ҳәр қандай басқа китапқа қарағанда, дүньяжүзлик цивилизацияның нызамларына, көркем өнерге, музыкаға ҳәм әдебиятқа үлкен тәсирин жасады. Оған тең келе алатуғын басқа бир китапты мысал қылып айта аласыз ба?
Мухаддес Китапта баян етилгендей, масихыйлық «цивилизация тарийхындағы гуманистлик прогресстиң көп болыўына, яғный билимде, медицинада, юриспруденцияда, сүўретлеў көркем өнеринде, адам ҳуқықлары ушын жумыс алып барылғанда, ҳәтте, тәбийғый илимлерде жуўапкер болып табылады».
Жуўмақлаўшы ой: биз Мухаддес Китапты ҳәр оқығанымызда, мойынланған гүналар ҳәм оқыўға бейим жүрек пенен, дүнья жүзиниң Қудайына, бизиң Жаратыўшымызға, Қутқарыўшымызға (егер биз Ийсаға Қутқарыўшымыз деп исенсек) өмиримизде сөйлеўге жол қоямыз.
Ол мениң менен сөйлесиўди қәлей ме? Мен бундай мүмкиншиликтен не ушын айырылып қалыўым керек?