Масийхыйлықтың тәкирарланбас тәреплери:
Масийқыйлық дүньядағы басқа үлкен динлер тастыйықламайтуғын не нәрсеге исенип, тастыйықлайды? Дүньядағы ең баслы динлерди қалайынша салыстырыўымыз мүмкин?
Бириншиден, бул кимге тийисли болса, солардың ҳәммеси менен әдиллик қылыўымыз керек.
Соның ушын, бизлер өз динин жақыннан таныстырыўы ушын ҳәр бир динниң билимли, жетик ўәкили менен сәўбет қурыўымыз тийис.
Динлерди салыстырыўымыз ушын бизлер олардың тийкарғы исенетуғыны не екенин сораўымыз керек. Олардың жетекшилери өз сабақлықларында ҳәм жазыўларында не нәрсеге пәт берип, жәриялайды? Олардың неге исенетуғынын үйренип шыққанымыз ең жақсы жол. Бул олардың өзлериниң исеними ҳаққында сөйлеўине жол ашады.
Исеним тийкары: ҳәр бир дин нени шынлық деп есаплайды? Исениў керек деп жәриялайтуғын нәрсеси, ямаса заты не?
Динге садық адамлары өз исенимин қалай орынлайды ямаса орынлаўды талап қылатуғын ис тәжирийбеси қандай?
Садық исениўшилерине сол дин исеними ушын қандай сыйды усынады?
Диний сабақ оқығанлар ямаса диний жолында жүргенлер өзлерине не арттырады?
Дин қандай пайданы усынады? Тийкарын салыўшы ямаса сол диндеги Қудай ҳаққында не нәрсеге тийкарланып исенеди?
Бул динниң исениўге шақыратуғын тастыйықлаўшы тәкирарланбас нәрсеси не? Сол динди басқа диннен гөре айрықша бир тастыйықлайтуғын нәрсеси бар болыўы керек.
Деген менен, тәкирарланбас исенимди тастыйықлаўшы емес, ал көп динлерди бирлестип туратуғын тәреплери бар, булар: тийкарын салыўшы, мухаддес китап ямаса мухаддес жазыў, мораллық әдепнама сабақлықлары ямаса этика, өлимнен кейинги өмирге исениў, қудайлық тәбиятқа исениў ҳ.т.б. Булар айтарлықтай көп динлерде бар.
Масийхыйлықтағы тәкирарланбас исеним тастыйықлаўлары:
1 Ийса Қудай. Масийхыйлықта Ийса жүз пайыз Қудай, жүз пайыз адам. Юхан 1:1-3 «Ең баста Сөз бар еди. Сөз Қудай менен бирге еди. Сөз Қудай еди. Ең бастан-ақ Ол Қудай менен бирге еди. Ҳәмме нәрсе Ол арқалы жаратылды. Олсыз ҳеш нәрсе жаратылған емес». Юхан 1:14 «Сөз адам болып арамызда жасады. Бизлер Оның уллылығын, Әкеден келген, мийримге ҳәм ҳақыйқатқа толы болған жалғыз Улдың уллылығын көрдик». Ийшая 9:6 «Себеби бизлер ушын бир нәресте туўылды, Бир ул инам етилди! Ҳүкимдарлық оның желкесине жүкленеди, Оның аты: Әжайып Мәсләҳәтши, Күшли Қудай, Мәңгилик Әке, Парахатшылық Көсеми болады». Юхан 20:28 аятта Томас тирилген Ийсаны көрип, былай деди: «Ийем мениң, Қудайым мениң!» Және де, Еврейлерге жазылған хаттың 1-бабын оқып үйренип шығың, бул жерде Масийх Ийсаның Қудайлығы ҳаққында уллы гуўалық бар.
Бизлер масийхыйлар тийкар салыўшы Ийса Масийхты толық инсан ҳәм толық Қудай болды, деп тастыйықлаймыз.
Уллы Жаратыўшының Өзиниң жаратылысы арасына инсан сыяқлы болып кирип келгени ең уллы кәрамат! Ол бул жерде инсан болып келгенде, әлбетте, ҳеш гүнасыз болды. Бул Қудайдың инсан болып келиўи! Бул Ийсаның туўылыўы! Басқа ҳеш бир дин булай тастыйықлай алмайды.
2 Ийсада гүна жоқ. Еврейлерге жазылған хат 4:15 аятта былай айтылады: «Ол – бизлердиң ҳәлсизликлеримизди бөлисе алатуғын бас руўханий. Оның Өзи ҳәр тәреплеме бизлер сыяқлы сыналды, бирақ гүна ислемеди». Ол ҳеш қашан аўзы менен де гүна ислемеди, Ийшая китабы 53:9 аятта бул ҳаққында былай айтылады: «Ол залым да болмаған, Аўзынан жалған сөз де шықпаған болса да,…». Көп динлерде, динниң тийкарын салыўшыларын гүнасыз болды, деп ҳеш қайсысы айтпайды. Егер Ийсаның Өзи гүнакар ҳәм айыплы болғанда, онда бизлердиң гүналарымызға қарсы болған Қудайдың ғәзебин қайтарыў ушын, бизлердиң орнымызға қурбан бола алмас еди. Бундай жағдайда Ол тек Өзиниң гүнасы ушын ғана қун төлеўи тийийс еди.
3 Ийса тири. Ол 2000 жыл алдын туўылды ҳәм Ол ҳәзир де тири. Ол өлимнен тирилди! Ол Өзиниң даңқлы инсан денесинде Қудай Әкениң оң жағында отырды. Елшилердиң ислери 2:23-24 аятлар былай гүўалық береди: «Бул Ийса Қудайдың ерки ҳәм алдын ала белгилегени бойынша, сизлерге услап берилген еди. Сизлер Оны Қудайдың Нызамын билмейтуғын басқа миллет адамларының қолы менен атанақ ағашқа шегелеп өлтирдиңлер. Ал Қудай өлим азабының тусаўларын үзип, Оны тирилтти. Өйткени Оны өлимниң услап турыўы мүмкин емес еди».
Масийхтың тирилиўи ҳаққында айтылған Елшилердиң ислери 2:22-37 ҳәм 1Коринфлилерге 15 бапты дыққат пенен оқып шығың.
Буллар әҳмийетли тастыйықлаўлар. Масийхтың тирилиўи – масийхыйлықтың беккем тирепбердиси, бундай болмағанда, қулар еди. Дүньяда ҳеш бир динниң тийкарын салыўшысы ҳәзирги ўақытта тири емес.
4 Қудай адамды излейди. Басқа ҳәр бир дин инсан Қудайды излейди деп үйретеди. Масийхыйлықта болса Қудай адамды излейди. Римлилерге 5:8 аятта Қудайдың Өзи излейтуғынын айтады: «Бирақ, бизлер еле гүнакар болған ўақтымызда Масийх бизлер ушын өлди. Бизлерге деген сүйиспеншилигин Қудай усылай дәлилледи».
Елшилердиң ислери 8 ҳәм 10 бапларында Эфопиялық евнух ҳәм Рим мыңбасысы Корнелий ҳаққындағы ўақыяда, Қудайдың Ийсаны бул дүньяға «Дүньяның Нуры» қылып жибергенин айтады. Сол евнух пенен Корнелий екеўи де Хош Хабарға исенип, нурды қабыллайды. Сонда Қудай оларды Ийса Масийх арқалы Өзиниң уллы нурын көрсетип, Өзине шақырып, қабыллайды. Бирақ басқа барлық динлер инсанлар Қудайды табыўы керек, деп үйретеди.
5 Қутқарылыўға ямаса Қудай менен қарым-қатнасқа ийе болыў – бул сый. Барлық динде инсан өз қутқарылыўын мийнет етип, ийе болыўы керек.
Бирақ Ефеслилерге 2:8-9 аятларда масийхыйлық өзгеше екенин айтып, былай үйретеди: «Сизлер исенимиңиз арқалы Қудайдың мийрими менен қутқарылдыңыз. Бул сизлердиң жетискенлигиңиз емес, ал Қудайдың сыйы болғанлықтан, ҳеш ким ислерим себепли қутқарылғанман деп, мақтана алмайды». Титус 3:5 аятта усы пикирди қайтадан жаңалап, былай айтылады: «Ол бизлерди қылған ҳақ ислеримиз себепли емес, ал Өз мийрим-шәпәәти менен қутқарды. Бизлерди Мухаддес Руўхы арқалы гүнадан тазалап, қайтадан туўылдырды ҳәм жаңалады».
Бул бизлерге берилген сый. Бизлер қатты мийнет етип, жақсы болыўға күш салып, қутқарылыўға ийе болыўымыздың ҳәжети жоқ. Соның ушын, бизлер қутқарылғанымызға анық исенимли бола аламыз. Басқа барлық динлер қутқарылыўға ийе болыў ушын мийнет етиў кереклигин айтып, үйретеди.
6 Қудай бизлерге берген Мухаддес Руўхы арқалы күш бағышлайды ҳәм Оның бизлерден талап қылғанларын сол күш арқалы орынлай аламыз.
Филиплилерге 2:12-13 аятларда былай айтылады: «Солай етип, сүйикли туўысқанларым, мен жаныңызда болғанымда, сизлер бәрқулла Қудайға бойсынатуғын едиңлер. Ал ҳәзир жаныңызда жоқ ўақтымда да бурынғыдан көбирек бойсынып, қорқыныш ҳәм сақлық пенен, қутқарылыўыңызды әмелге асыра бериңлер. Себеби Өзине унаған ислерди қәлеўиңиз ҳәм ислеўиңиз ушын, Қудайдың Өзи сизлерге түртки салады»
Филиплилерге 4:13 былай деп жигер береди: «Маған күш-қуўат беретуғын Ийса Масийх пенен бирге ҳәмме нәрсени ислей аламан». Галатиялыларға 5:22-23 аятларда әжайып ҳақыйқатлықты ашып береди: «Бирақ, адам өмиринде жетистиретуғын Мухаддес Руўхтың жемиси – сүйиспеншилик, қуўаныш, тынышлық, сабырлылық, мийримлилик, қайырқомлық, садықлық, мүләйимлилик ҳәм өзин тутып билиў. Бундай ислерге қарсы ҳеш қандай нызам жоқ». 2Коринфилилерге 3:18 аятта бизлерге мынадай нәсият береди: «Бизлердиң ҳәммемиз пердесиз жүз бенен Ийемиздиң уллылығын көремиз. Сол арқалы Оған уқсаў ушын өзгерип, уллылық үстине уллылыққа ерисип барамыз. Бул Руўх болған Ийемиздиң жәрдеминде иске асады». Мухддес Руўхтың күши бизлерди өзгертип, жер жүзинде уллы Адам болып жасаған Ийсаға уқсатып барады.
Мухаддес Руўх бизлерге күш-дәрман беретуғын таблетка сыяқлы күш-қуўат береди.
Келиңлер, ҳәлсиз бир жас жигитти көз алдыңызға келтирип көриң. Сол жигит футбол командасына қосылыўды қәлейди екен, бирақ қосылыўға жетерли ҳал дәрманы жоқ, ҳәтте, турникке де тартына алмайды екен. Кейин сол жигиттиң достысы күш енгизетуғын таблетканы оған берди, деп сүўретлеп көрейик. Енди сол жас жигит таблетканы қабыллағаннан соң, ол тренер буйырған турникке тартыныў шынығыўын ислей алатуғын болды дейик. Барлық динде мораллық нәсият ҳәм әдепнама этикасысы бар, бирақ тек ғана масийхыйлықта сол моралды ҳәм әдепнама этиканы орынлаўға күш бар.
7 Ийса бизлерди душпанларымызды сүйиўге үйретеди.
Басқа ҳеш бир дин усы мәселе бойынша үйретпейди. Матта 5:44 аятта Ийса былай дейди: «Ал Мениң сизлерге айтатуғыным: душпанларыңызды сүйиңлер, сизлерди қуўдалайтуғынлар ушын дуўа етиңлер». Лука 23:34 аятта Ол атанақ ағашта турғанда былай деди: «Әке, оларды кешире гөр! Олар не ислеп атырғанын билмейди». Бул буйрықты орынлаў аңсат нәрсе емес. Деген менен, бизлерге жаманлық қылыўшылар ямаса бизлерге зыян тийгизгенлер душпанымыз емес екенлигин ядта сақлаўымыз шәрт. Негизинде олар душпан тәрепинен қурбан болғанлар. Бизлердиң ҳақыйқый душпанымыз шайтан болады. Соның ушын, сол адамлардың жаўызлыққа болған қуллығынан азат болыўы ушын, Қудайдың Масийх арқалы берген мийрими ҳәм сүйиспеншилиги менен азат болыўы ушын дуўа етиўимиз тийис. Ҳеш бир дин усындай сүйиспеншиликти ҳеш кимге усынбайды.
8 Үшбирлик: Басқа ҳеш бир дин Үш Жеккеликтен – Әке, Ул ҳәм Мухаддес Руўхтан ибарат болған бир Қудайға исенбейди.
Матта 28:18-20 аятларда Үшбирликтиң үш Жеккелигин көремиз: «Сонда Ийса олардың қасына келип: – Маған аспанда да, жерде де пүткил бийлик берилген. 19Сонлықтан да барып, барлық халықларды Маған шәкирт қылыңлар: оларды Әкениң, Улдың ҳәм Мухаддес Руўхтың аты менен шомылдырып, 20Мениң сизлерге буйырғанларымның ҳәммесин орынлаўды оларға үйретиңлер. Минекей, Мен дүньяның ақырына дейин ҳәмме ўақыт сизлер менен бирге боламан! – деди».
Үшбирлик – жалғыз Қудай, шаңарақлық ямаса туўысқанлық сүйиспеншилик әззелден мәңгиге дейин тек ғана Қудайда бар. Бизлер Ийса Масийхты Ийем ҳәм Қутқарыўшым деп исенип, қабыллаған ўақтымыздан баслап, Қудайдың шаңарағының ағзасы болдық. Юхан 13:34-35 аятларда былай жазылған: «Сизлерге жаңа буйрық берип атырман: бир-бириңизди сүйиңлер! Мениң сизлерди сүйгеним сыяқлы, сизлер де бир-бириңизди сүйиңлер. 35Егер бир-бириңизди сүйсеңлер, ҳәмме усы арқалы сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди билип алады».
Масийхыйлықтағы тәкирарланбас емес, улыўма ғалабалық тастыйықлаўлар:
- Масийхыйлықта Мухаддес Китап бар.
- Масийхыйлықта уллы қағыйдалар, нызамлар, әдепнама этикалар ҳәм диний көрсетпелер бар.
- Масийхыйлық Қудайдың бар екенине исенеди.
Сораўлар:
Егер сиз өз диниңизге, яғный исенимиңизге садық болсаңыз ҳәм дин жолында табысқа ерискен болсаңыз, өмириңиз қандай болады? Дин сизге нени усынады, ямаса буның қандай пайдасы тийеди?
Диниңизде табысқа ерисиўиңиз ушын сиз неге исениўиңиз ямаса дин жолында не ислеўиңиз тийис? Шын диндар, яғный исениўши адам сизиң нәзериңизде қандай болыўы тийиск?
Маған өз Қудайыңыз ҳаққында айтып бериң. Сиз исенген Қудай қандай? Өзиңиз исенген ҳәм сыйынған Қудайыңызды сүйесиз бе?
Диниңиздиң ҳүкимдарлық тийкары не нәрседе? Мухаддес Китабыңыз қандай, ямаса қандай китапты Мухаддес Китап деп тән аласыз?
Диниңиздиң тарийхы қандай? Тарийх ўақыялары избе-изликте ме, ямаса дөңгелек сыяқлы айланып, тәкирарланады деп айтыла ма?