СЫЙЫНЫЎ
О, сыйының, жоқарыдағы барлық даңққа ийе болған Патшаға,
О, уллы алғыслар айтың, Оның әжайжып сүйиспеншилигине.
Әййемнен берли Ол Қалқанымыз ҳәм Қорғаўшымыз,
Әжайыплылық пенен безенген ҳәм алғысқа бөленген.
Айтыңлар Оның қүдиретин, жырлаңлар Оның мийримин,
Оның кийими жарқыраған, орын бар шатырында.
Оның ғәзеп саўаш арбаларынан пайда болар күшли шақмақлы бултлар,
Қараңғылық Оның боран қанатларының жолы.
Ол шексиз Қүдиретли, өзгермес Оның сүйиспеншилиги,
Жоқарыдағы периштелер Оған сыйынып, толады шадлыққа.
Сениң қутқарған жаратылысың, жалынлы даңқ пенен,
Шын-жүректен Сени алғыслап, қосық айтады.
Сыйыныў
Бул шынында масийхыйлардың сөзи.
Бизлер буны өзимизди қоршап турған дөгеректе көп қолланамыз.
Бирақ бул сөз нени аңлатады?
Бала ўақтымда шаңарағымыз ҳеш қашан сыйыныў хызметин қалдырмайтуғын еди.
Шопан өз хызметин баслап, ўаз етип баслағанда, анам бир бөлек қағазын ҳәм ручкасын әстен алып, жазып баслайтуғын еди.
Ол ўаз ўақтында, соннан алған сөзлерди жазып қоятуғын ба еди?
Яқ.
Анам ҳәптелик ушын азық-аўқат дизимин жазатуғын еди.
Солай етип, бул сыйыныў ма?
Әдетте, сол жәмәәттеги айтылатуғын ўазда бизлерге қутқарылыў тек ғана Масийхқа исениў арқалы болады, деп ҳеш қашан үйретпейтуғын еди. Солай етип, өтмиште, анамның ўақтында азық-аўқат дизимин жазып таярлаў жақсырақ еди.
Жыллар өтип, сол жәмәәттен кетип, Масийхқа исенимге келди ҳәм адамларға гүнадан тәўбе етиўди ҳәм Масийхқа исенип, үмит етиўди үйрететуғын жәмәәтке қосылды.
Бизлер Мухаддес Китап ўазын тыңлаўды унататуғын едик, бирақ әкем ҳәм мен жыйналыстың басында не ушын сонша көп алғыс қосықлар айтылатуғынын түсине алмадық.
Жыйналыс басланғаннан 25 минуттан соң, барлық музыка алғысларды өткерип, өзлеримизге керек деп есаплаған тек ғана ўаз ўақтында болыўға ҳәрекет еттик.
Кейин ала хызмет жыйналысының басындағы музыка әпиўайы ғана қосық айтыў емес – бул Жаратқан Ийеге сыйыныў, ҳүрмет көрсетиў ҳәм Оны алғыслаў еди. Буны түсиниўимиз ушын бизлерге бираз ўақыт керек болды.
Соннан берли бизлер сыйыныў ўақтына жетип баратуғын болдық.
Мениңше, ҳәзир сизлер буны түсиндиңиз. Сыйыныўды түсиниў мәселесинде, мен кейинлеў түсинип жеткенмен.
Сыйыныў масийхыйлардың өмириниң сондай орайы болып, бизлер усыған пәт бериўди қәлеймиз.
Сыйыныў Мухаддес Китаптағы ең үлкен темалардың бири болып, бизлер бул ҳаққында Мухаддес Жазыўда айтылғанлардың кишкене бир бөлегин ғана ашыўға ҳәрекет етемиз, бирақ келиңлер, бизлер қанша тереңге дейин аша алатуғынымызды көрейик.
Юхан 4:19-20-аятлардан баслаймыз.
Жаңа Келисимдеги сыйыныў бойынша ең баслы бөлим.
Ийса Самарияда ҳәм самариялы ҳаял менен сәўбетлесип, қудық қасында турыпты.
19 Ҳаял Оған:
– Мырза, Сениң пайғамбар екениңе көзим жетип тур. 20 Ата-бабаларымыз бул таўда сыйынды, бирақ сизлер: «Сыйыныўға тийисли жер Ерусалимде», – дейсизлер, – деди.
Юхан сораўға жуўапты 21 аятта жазады.
Ийса оған былай деди:
– Ҳаял, Маған исен, Қудай Әкеге бул таўда да, Ерусалимде де сыйынбайтуғын ўақыт киятыр.
Ийса не ушын усындай сөзлерди айтты?
Өйткени Ол 40 жыл ишинде Римлилер Ерусалимди ҳәм ондағы Ибадатхананы ўайран қылатуғынын билетуғын еди.
22 Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден. 23 Бирақ, ҳақыйқый сыйыныўшылардың Қудай Әкеге руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйынатуғын ўақты келеди. Әне, сол ўақыт ҳәзир келди. Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр. 24 Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
Бул аятлар көп нәрселерди өз ишине алады.
1-Сабақ
Сыйыныў шәртли түрде емес.
23-аяттың ақырына қараңлар: Қудай Әке де Өзине усылай сыйынатуғынларды излеп атыр.
Әпиўайы қылып айтқанда – Қудай Өзине сыйынатуғын адамларды излейди.
Әпиўайы қылып айтқанда – Масийхтың изине ериўшилер сыйыныўшылар болыўы шәрт.
Юхан былай деп айтыўы да мүмкин еди: Қудай гүна ислеўден өзин тыятуғын адамларды излеп атыр.
Бул ҳақыйқатлық. Қудай адамлардың гүна ислеўди тоқтатыўын қәлейди.
Бирақ Қудай оннанда көбирек нәрсени бизлерден күтеди.
Юхан: «Қудай изине еретуғын адамларды излеп атыр», деп айтыўы да мүмкин еди.
Әлбетте, Ол изине ериўшилерди излейди.
Бирақ бул аят оннан да көбирек нәрсени айтады.
Юхан: «Қудай Өзиниң китабын оқыйтуғын адамларды излеп атыр», деп айтыўы да мүмкин еди.
Әлбетте, Ол сондай адамларды излеп атыр.
Бирақ бул аят оннан да көбирек нәрсени айтады.
Юхан: «Қудай дуўа ететуғын ямаса басқаларға Ол ҳаққында айтып беретуғын адамларды излеп атыр, бул екеўи де әҳмийетли», деп айтыўы да мүмкин еди.
Юхан негизинде жазғаны мынаў: Қудай сыйыныўшыларды излеп атыр, себеби сыйыныўшы солардың барлығын орынлайды.
Ийса бизлерди гүналарымыздан қутқарыў ушын келди, солай етип, бизлер жалғыз тири Қудайға сыйына аламыз.
Қудайдың биринши гезектеги дизиминде сыйыныў қаншелли жоқары?
Қудай сыйыныўды қаншелли баҳалайды?
Бул туўрыдан-туўры Оның бизлер ушын ислеген сүўретлемесиниң ең жоқарысында жайласқан.
Ийса сиз ушын сыйыныў ең биринши орында турыўы керек, деп айтпас па еди?
Ийса сыйыныў сизиң жүрегиңизде ең биринши орында турыўы керек деп айтпас па еди?
2-Сабақ
Юхан 4:22
Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар, ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден.
Самариялылар Ерусалимдеги Ибадатханада сыйыныўды тоқтатып, Ески Келисимдеги көплеген буйрық ҳәм нызамлардан бас тартқан еди.
Олар өзлериниң динин дөретип алды ҳәм өз дини бойынша сыйыныўға пәт берип кеткен еди. Солай етип, олар Қудайға мақул болмаған бир нәрсеге сыйынып атырған еди.
Ийса самариялы ҳаялға былай деп айтып атыр: Ҳаял, сыйыныў – бул өмирдиң ажыралмас бир бөлеги, бирақ сизлер не нәрсеге сыйынып атырсыз?
Сиз анық не нәрсеге сыйынып атырсыз?
Сизлер самариялылардың сыйынып атырғаныңыз жалған.
Шығынды. Мәниссиз салт дәстүр. Булар пүткиллей аўыр сөзлер. Пүткиллей қопал сөзлер. Толығы менен керекли сөзлер.
Барлық динлер Қудайға теңдей мақул емес, яғный барлық сыйыныўды Қудай қабыл етпейди.
Төменде айтылғанлар базыларымызға байланыслы болыўы мүмкин.
Мениң шаңарағым бир жәмәәтке 12 жыл даўамында қатнасты, 12 жыл сол жәмәәтке ақшаларын қурбанлыққа берди, 12 жыл сол жәмәәтте хызмет етти.
Бирақ бизлер бир мәрте болса да Масийхқа исенип, үмит етиўимиз кереклигин еситпедик. Бир мәрте де. Ҳеш қашан. 12 жыл даўамындағы өмиримизде ме?
Бүгин сол жәмәәттиң қасынан машина менен өтип баратырғанымда, шаңарағым сол жәмәәтте көп жылларын босқа жойтқанына ишим күйеди.
Юхан 4-баптағы усы ҳаял ҳәм сол адамлар анық мен түскен кемеде болғаны көринип тур.
Усы ҳаялға ҳәм сол адамларға, барлық адамларға Ийса былай деп айтып атыр:
Өз диниңди жаратпа ҳәм сондай сыйыныўды Қудай қабыллайды деп, ойлама.
Өтиниш, белгиле:
Бул Ийсаны сиясий тәрептен надурыс қылып көрсетеди.
Ийса жалған динге сабыр етпейди.
Барлық динлер тең емес.
Барлық сыйыныўлар баҳалы емес.
22а Сизлер билмейтуғыныңызға сыйынасызлар,..
Бул мына сораўды алып келеди:
Қудай қандай сыйыныўды қабыл қылады?
22б …ал бизлер билетуғынымызға сыйынамыз. Себеби қутқарылыў яҳудийлерден.
Ҳаял, сениң сыйыныўың жалған тийкарға қурылған.
Екинши қолда Яҳудий дини – бул Ески Келисим дини болып, гүнадан азат қылыў менен ғана тәмийинлейди.
Ҳеш қашан умытпа, Мухаддес Китаптың 77 пайызы Ески Келисимнен ибарат – Бизлердиң Жаңа Келисимимиздеги исеним усыған тийкарланған.
Бул ҳақыйқат.
24 Қудай – Руўх, Оған сыйынатуғынлар да руўх ҳәм ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
Ҳақыйқатлық пенен сыйыныўы тийис.
Бул нени аңлатады?
Егер бизлер ҳақыйқатлық пенен сыйынсақ, бул бизлердиң сыйыныўымызды Мухаддес Китап жетелейди, деген мәнисте.
Самариялылардың изинен жүрип, өзин көрсетиў ушын босқа сыйынып ўақтын босқа өткизиўди ким қәлейди?
Мухаддес Китаптағы Қудайды жақсы билип ал.
Оны өзиңниң ең әҳмийетлиси қылып ал.
Сонда сыйыныў нәтийжели болып, Қудай Ийе де, сиз де жарылқанасыз.
3-Сабақ
Бизлер руўхта сыйынамыз.
Юхан 4:24
Бул қандай руўх?
Бизлердиң өзлеримиздиң руўхымыз.
Ҳақыйқый сыйыныў бизлердиң ишимизде жүз береди.
Тилдиң ушы менен сыйыныўымыз аңсат.
Сыйыныўды дәстүрлердиң бир жыйнағы етип айландырыў аңсат, бул қандай да бир мәниссиз ҳәм механикалық болады. Ал Қудай бизлердиң пүткил жүрегимиз бенен сыйыныўымызды қәлейди.
Жәмәәтте неше мәртебе хор менен ямаса гимнлер менен қосық айтып, алғысладық, бирақ ҳеш қашан қандай қосық айтып атырғаныма итибар бермеппен?
Қудай мениң барлығымның тек Оған қаратылыўын қәлейди.
Қудайға мақул болатуғын ҳақыйқый сыйыныў мениң жүрегимде жүз береди.
Мен анық сондай етип сыйынып атырман ба?
Өзиңиз ҳаққында не дейсиз?
Ал енди сораў гилти:
4-Сабақ Сыйыныў дегенимиз негизинде не нәрсе?
Мен телевизор алдында қолымда пультым менен теле көрсетиўлерди өзгертип отырыппан.
Мен қәлеген нәрсени бериўи ушын ҳәр бир теле көрсетиўге тек ғана 10 секунд ғана берип атырман.
Егер ол жеткизип бере алмаса, онда кейинги теле көрсетиўге өткизип жиберемен.
Мениң қәлеўимди қанаатландыр!
Мени бахытлы қыл!
Мен буны өзим қәлеймен!
Бул қолланыў менталитет.
Солай етип, жәмәәтке барыў ҳәм: «Жақсы, жәмәәт – сен мен ушын не ислейсең?» – деп айтыў аңсат.
Сен маған не бересең?
Сыйыныўдың анық қарсы мәниси қандай?
Сыйыныў – бул дизени бүгиў, Қудайды сыйлап, алғыслаў ҳәм Оған ҳүрмет көрсетиў. Жүзикти сүйиў. Табыныў. Қудайдың уллылығының алдында таң қалып, өзин жойтыў. Кеўилден шығыў.
Былай деп айтатуғын еллерди үйренип шық:
«Бизлер ҳеш кимге бас иймеймиз».
«Бизлерде патша, басшы жоқ».
Мине, булар усындай еллердеги исениўшилердиң сыйыныўды түсиниўи не ушын қыйын екенин түсиндириўи мүмкин.
Мен бир фильм көрип отырған едим: бир елдиң басшысы жаўып қойған жүзин ашып жибергенде, өзлериниң арасында ким бар екенин түсинген барлық аламан әскерлер оның алдында әстен дизерлеп, бас ийеди.
Бул жерде ғайратлылық, уллылық, бойсыныўшылық ҳәм кишипейиллик сезимин көриўге болады.
Теле көрсетиўде усындай сыйыныўдың ең жақсы үлгисин табыўыңызға болады.
Бул дегени жәмәәтте сыйыныў топарының хызмети аңсат емеслигин түсиниўге болады.
Сыйыныў топары, яғный алғыс-мақтаў айтыў топары ой-пикирди жоқарыға қаратыўға ҳәрекет етип атырғанда, бизлер қабыллаўды, кеўлимизди көтериўди ҳәм қуўаныўды қәлейтуғын тутыныўшылар сыпатында жәмәәт хызметине қатнасыўымыз сондай аңсат.
Сыйыныў топары ал, ал, ал деп сораўдың орнына бер, бер, бер деп жалбарынады.
Бул сиз ҳаққында емес.
Бул Ол ҳаққында.
Қудайдың уллылығын көриў ушын жоқарыға қара.
Оған алғыс айтып, сыйлап ҳәм ҳүрмет көрсетиў менен жуўап бериў керек.
Бул сыйыныў топарының хызметиниң сүўретлемеси.
Бул аңсат тапсырма емес. Көп жәмәәтлерде сыйыныў топарының жетекшисине кеўил көтериўди айтып, басымлық өткерип атыр, бирақ сыйыныў буннан ибарат емес.
Бул бизлер ҳаққында емес.
Бул Ол ҳаққында.
Оған таң қалың.
Ол сизиң сыйыныўыңызға, ҳүрмет көрсетиўиңизге ҳәм алғыс-мақтаў айтыўыңызға ылайықлы.
Келиңлер, буны Оған усынайық.
Ўоррен Ўейрсбтиң «Ҳақыйқый Сыйыныў» китабынан жақсырақ маған ҳеш ким сыйыныў ҳаққында түсиниўиме жәрдем бермеди.
Ол былай деп жазады:
«Мен усы китапты жазғанымда таң қаларлық нәрсени билдим:
Сыйыныў жәмәәт исениўшилериниң ҳәр бир нәрсесиниң, өмир тәжирийбесиниң ҳәм жетискенликке жетисиўиниң орайы болып есапланады.
Мен Қудайдың уллылығы туўрысындағы аянның өсип атырғанын көрдим.
Мухаддес Китабым жаңа нур менен жарқырады.
Тек ғана Қудай еледе шын ҳәм Мухаддес Китап еледе қызықлы болып қоймастан, ал Қудай мениң ислеўимди қәлейтуғын ҳәр бир нәрсе қуўанышлы ҳәм еледе тәбийғый болды.
Әлбетте, мен ҳәзирге дейин сәтсизликке ушырайман ҳәм көбинесе гүресиўиме туўры келеди, бирақ усы сыйыныўға жаңадан пәт берилиўи масийхыйлық өмиримдеги аўыр басымды жеңиллетип баслады.
Ҳәттеки, ислеп атырған исиме өзим кесент етип атырғанымды көремен ҳәм тек ғана Қудайға сыйыныўға жүрегимди Оған усынаман.
5-Сабақ (Перспектив) Келешек
Бир неше жыл алдын бир адам түнде далада турып, аспандағы барлық жулдызларға қараўды унаттыратуғын еди. Сонда ол көрип турған әлемниң үлкен сүўрети базы жулдызлар басқаларынан гөре узағырақта жайласыўынан ибарат екенин түсинген.
Ол сахнадағы сонша аламан инсанлардың арасындағы әпиўайы бир адам екенин өзине еслетип қойды.
Ол сол сахна ишинде болғанына қуўанышлы еди, бирақ ол өмири ушын сол үлкен фонға қарап турғанда, бул оны кишипейил қылды, есеңкиретип таслады ҳәм бул оған үлкен өндиристиң, яғный жаратылыстың кишкене бир бөлеги екенин оны еслетти.
Сыйыныў бизлерди усындай қылады.
Өмиримиз ушын дурыс келешекти береди.
Ең баста, Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
Бирақ сол аяттан алдын бул неге уқсайтуғын еди?
Қудайдың ўақыттан тысқары болыўы не нәрсеге мегзейди?
Жер планетасында ҳеш нәрсе болмай турып, не нәрсе болғанын билиў керек пе?
Ҳеш нәрсе болмай турып, улыўма ҳеш нәрсе бар болмай турып, бул не нәрсеге мегзеген екен?
Жаратылыс 1:1-аяттан алдын ўақыт болмаған. Қудай ўақытты жаратты.
Бүгин Қудай ўақыттан тысқарыда жасап атыр, бизлер ўақыт саатымыздың тутқыны болып жасап атырмыз.
Ўақытсыз жасаў қандай болады екен?
Бул ҳаққында менде түсиник жоқ.
Бирақ Қудайдың ўақыттан тысқары жасап атырғаны қандай екен?
1Жылнама 29:11-13
11 Жаратқан Ийе, уллылық, қүдирет, даңқ,
Жеңис ҳәм салтанат Сеники.
Аспанда ҳәм жерде болған ҳәр бир нәрсе Сеники.
Патшалық та Сеники, Жаратқан Ийе!
Сен ҳәр бир нәрседен жоқарысаң.
12 Байлық ҳәм ҳүрмет Сеннен келер.
Ҳәмме нәрсеге ҳүкимдарсаң.
Күш ҳәм қүдирет Сениң қолыңда.
Биреўди жоқарылатыў ҳәм күшли қылыў,
Сениң қолыңда.
13 Енди, Қудайымыз, Сени тәрийиплеп,
Әжайып атыңа алғыс-мақтаўлар айтамыз.
Таң қалыўшылық – сыйыныў бизлерди усындай қылады.
Бизлер Оның уллылығында өзлеримизди жойтып баслаймыз.
Бизлер жуўаплар табыў ушын әдетте интернеттеги Гоогл программасына хабарласыўымыз керек.
Ал Қудайға Гоогл программасы шәрт емес, өйткени Ол әлле қашан жуўапларды биледи.
Бизлер умытамыз.
Қудай ҳеш қашан ҳеш нәрсени умытпайды. Бизлер қартаямыз. Сиз туўылғаныңыздан берли Қудай азғантай болса да қартаймады. Жаратылыстан берли Қудай азғантай болса да қартаймады. Бизлер аўырамыз. Қудай ҳеш қашан аўырмайды.
Бизлер гүна ислемеўди қәлеймиз. Қудай ҳеш қашан гүна қылмады.
Бизлер ўақытты босқа өткердик. Қудай ҳеш қашан ўақытты босқа өткермеди.
Бизлер жүдә нәзик ҳәм ҳәлсизбиз. Қудай улыўма ҳәлсиз емес.
Бул бизлерди Забур 8:4-5 аятларға алып келеди:
4 Қолларың менен дөреткен аспаныңа,
Өзиң жайластырған ай ҳәм жулдызларға қарасам,
Мынадай сораўлар пайда болар ойымда:
5 «Сен адам туўралы ойлағандай, ол ким болыпты?
Сен адамзатқа ғамхорлық қылғандай, ол ким болыпты?
Қудай, Сен жаратқан әлемниң кеңлигине көз таслағанымызда, солардың алдында адамзат ким болыпты?
Әлем Қудайдың алдында кишкене ғана.
Адамзат болса әлемниң алдында кишкене ғана.
Қудайда адамларға ғамхорлық қылыў ушын ўақты бар ма екен?
Ҳақыйқый сыйыныў өз ишине таң қаларлық кәраматты алады деп түсинемиз бе екен.
Таңланыў
Ҳайран қалыў
Аң-таң болыў
Түсине алмаў
Қызығыў
Титиреп ҳүрмет етиў
Әжайып
Ҳақыйқый таң қаларлық кәрамат өткинши эмоция ямаса сайыз толқынланыў емес.
Таң қаларлық кәрамат – бул терең.
Ҳақыйқый кәрамат сизиң жүрегиңизге ҳәм ой-пиириңизге туўрыдан-туўры жетип барады ҳәм сизди силкитип жибереди. Кәрамат – жүзиңизге күлки алып келетуғын арзан ғана ойын-күлки емес. Бул шынлық пенен, яғный Қудай менен жүзлесиў болып, жүрегиңизге титиреў алып келеди.
Сиз түсиндирмени излеп атырған жоқсыз. Сиз әпиўайы ғана Қудайға нәзер салыўды жойтқансыз.
Масийхыйлық сыйыныўда парадоксты, яғный таң қаларлық пикирди қабыллаймыз ба?
Бизлер көринбейтуғын нәрсеге умтыламыз.
Билмейтуғынды бил.
Түсинбейтуғын нәрселерди түсинип ал.
Мәңгиликти тәжирийбеде көр.
Өзимизге ҳәм балаларымызға не қылыўымыз кереклигин ойлап көриң.
Егер олар буның қандай әжайып екенлигин көргендеме еди. Жүдә жақсы болар еди.
Д.Л.Мооди былай деп жазады: Өзлерин масийхыйман деп есаплайтуғын көплеген адамлар сүрнигетуғын тас есапланады, себеби Оның сыйыныў хызмети бөлинип кеткен.
Қала күни ол Қудайға сыйынады.
Ҳәптениң басқа күнлери оның ой-пикирлеринде Қудай ушын кишкене ғана орын бар.
Келиңлер, буған ҳеш қашан келисим бермейик.
Оҳо!
Сыйыныў туўрысында соншелли көп сабақлар бар.
Бирақ бизлер бул ҳаққында ой жуўыртпай турып, таслап кете алмаймыз.
6-Сабақ
Өткир сораўды қойыў ўақты.
Солай етип, сиз ҳәптени жаман өткердиңиз.
Сиз Қудайға қалайынша сыйына аласыз?
Егер шаңарағыңыз кризисти басынан өткерип атырған болса,
Жумысыңызды жаман көресиз.
Қаржы мәселеңиз қыйынласып қалды,
Жақсы көрген адамыңыз ден саўлықтан айырылып, сиз қайғыда болсаңыз не?
Усындай жағдайларда сиз қалайынша сыйына аласыз?
Тыңлап атырсыз деп үмит етемен, себеби бизлер қарап шығайық деп атырған аятлар сиз сыйыныў ҳаққында көретуғын ең әҳмийетли аятлар болыўы мүмкин.
2Патшалар 12:15-16
15 Соңынан Натан үйине қайтты.
Жаратқан Ийе Урияның ҳаялының Даўыттан туўған баласын аўыр кеселге дуўшар етти. 16 Даўыт Қудайға бала ушын жалбарынып, ораза тутты. Үйине келип, жерде жатқан ҳалда түнлерди өткерди.
Даўыт патша. Ол биреўдиң ҳаялын жүкли қылып, узақ ўақыт гүна қылды. Солай етип, туўылған бала аўырды ҳәм Даўыт ораза тутып, Қудайдан баланы аман қалдырыўды сорап, жалбарынды.
Нәтийже болмады.
12:19-20
19 Даўыт хызметшилериниң өз ара сыбырласып атырғанын көргенде, баланың шетнегенин түсинди. Ол хызметшилеринен:
– Бала қайтыс болды ма? – деп сорады.
Олар Даўытқа:
– Аўа, қайтыс болды, – деп жуўап берди.
20 Сонда Даўыт орнынан турып, жуўынды. Үстине әтир жағып, кийимлерин алмастырды ҳәм Жаратқан Ийениң Үйине барып, сыйынды. Соңынан үйине қайтып келип, өзине аўқат берилиўин буйырды ҳәм алдына қойылған аўқатты жеди.
Даўыт Жаратқан Ийениң Үйине барып не қылды? Сыйынды ма?!
Ақырғы сыйынды деген сөз таң қаларлық емес пе?
Буның астын сыз, домалақлап сыз, Ашық жерге жулдызша менен белгиле. Сол беттиң бир шетин қайырып қой, сонда сиз оны тез таба аласыз. Бир апатқа жолыққаныңызда – биринши усы аятты аш.
Даўыт, Қудай сиз қәлеген нәрсени бермеди. Бала қайтыс болды. Онда сиз не ушын Оған сыйынып атырсыз? Не ушын Оннан жүз бурмайсыз?
Даўыт усындай жағдайда қалайынша сыйына алады?
Яқшы – ол қалайынша сыйынбаўы мүмкин?
Тамыңыз ойылып кеткен ўақытта, Қудайдың ҳәммесин қадағалап атырғаны ушын Оған миннетдаршылық билдириўиңиз ушын үлкен жубаныш бар.
Даўыт гүна қылған болса да, Қудай елеге дейин Даўытты жақсы көреди.
Қудай ҳәммеден дана. Оның жобасы бар. Ҳәттеки, бизлер буны түсинбеўимиз мүмкин. Қудай Даўытты таслап кетпеди. Даўыттың Қудайдың шебер қолларында алдыға қарай қозғалыў мүмкиншилиги бар. Сол апаттан кейин де өмир бар.
Ҳәмме ўақытта сыйыныўымызға Қудай ылайықлы. Әсиресе жүрегимиз жарақатланған ўақытта. Апат келген ўақытта сыйыныў бизлерге не нәрсени услап қала алатуғынымызды еслетеди. Бизлердиң тийкарымыз беккем.
Бул бизлерди түскинликке түсиўимизден сақлайды. Бул бизлердиң қәўипсиз торымыз. Сиз алғыс қосықларын жаңлатасыз.
Бул барлық машқалалар жоқ болып кетти, дегенди аңлатады ма? Сиз қәлемейсиз бе? Даўытты алдында жерлеў мәресими ҳәм гүнасына қарсы басқа да жуўаплар күтип атыр.
Бирақ Даўыт Қудайдың қолында алдыға қарай ҳәрекет етеди. Өйткени бул қәўипсиз.
Сыйыныў – аўыр күнлерде жәрдем бере алатуғын булақларды еслетеди. Сыйыныў – масийхыйға Әкеси ким екенин еслетеди.
Аўыр күнлеримизде бизлерге жәрдем беретуғын сүўретлеўлердиң ҳәммесин айтыўға ҳәрекет еттик. Не ушын сыйыныўға ҳәрекет етпеймиз?
Даўыт сыйынды.
Бизлер не ушын оған қосылмаймыз?
Ҳеш ким ислей алмайтуғын, бирақ масийхый ислейтуғын бир нәрсе – бул Қудайға сыйыныў болып табылады.
Сыйыныўдан айырылған масийхыйлардың ҳәм жәмәәтлердиң тамырлары болмайды, соның ушын да олар турақлы мийўе бере алмайды.
Сиз өз сыйыныўыңызға қандай баҳа бересиз?