Басшы ямаса хызметши
1-ўақыя
Ай изинен ай, жыл изинен жыл өтип, бир шопан жәмәәт кеңесиниң жыйналысына келип, Қудайдың өзине жәмәәт ушын анық жобаларды айтып бергенин айтатуғын ҳәм жәмәәт кеңеси өз жобаларын тезлик пенен қоллап-қуўатлайды деп күтетуғын еди. Нәтийжеде, ақсақаллардың бири: «Кеңестиң қалған ағзалары болған бизлер көп жыллар даўамында Қудай менен биргемиз, гүналарымызды мойынлаймыз, Қудайдың бизиң жәмәәтимизди қалай алып баратуғынын излеймиз. Биз Қудай өзимизди сиз кеңес еткендей қылып бағдарлап атыр деп ойламаймыз. Бизлер даўыс бергенде, қарсылық билдиремиз.
Шопан ушын сабақ: Мухаддес Руўх тез жалғыз сизди ғана басқармайды. Мухаддес Руўх тек сиз бенен ғана сөйлеспейди.
2-ўақыя
Және бир шопаннан жәмәәттеги жетекшилер командасының жыйналыслары ҳаққында сораған екен. Ол жуўап берип: «Команда ағзаларының қандай жыйналысы? Мен не айтсам, олар соны ислейди», – деген еди.
Шопан ушын сабақ: сиз жумысшылар менен команда арасындағы айырмашылықты билмейсиз. Жумысшылар буйрықларды орынлайды (бирақ, ҳәтте, жумысшылар менен ислескенде де, есте сақлаң, бәрқулла адам жумыстан гөре әҳмийетлирек ҳәм оған сүйиспеншилик ҳәм ҳүрмет пенен қатнас жасаў керек. Жумысшылар ишинде кимде сиз ушын әжайып идея ямаса усыныс пайда болыўы мүмкин екенин ҳеш қашан билмейсең. Сиз оларды тыңлаўға таяр екениңизди олар билиўи керек. Егер сиз қәте қылсаңыз, мүмкин бул адамлардың сизиң қәтеңизди билдирмегенин қәлерсиз. Олар ушын да сиз усындай қылыўыңыз керек. Адамлар жәрдем бериўди қәлейтуғын жетекши болың, адамларды езип жумсамаң. Команда ҳәммесин ойлап көрип, келисимге келеди. Сизиң жәмәәтиңиздиң ағзалары сиз қәлегениңизше басқаратуғын қуўыршақлар емес. Олардың пикирлерине қулақ салыў керек.
3-ўақыя
Үлкен жәмәәтлердиң он шопаны талқылаў өткизди. Олардың оны жетекшилер командасында алаўызлықларды қалай жеңгенин айтып берди. Оныншы шопанның сөйлейтуғын ўақты келгенде, ол былай деди: «Сиз не туўралы айтып атырғаныңызды мен билмеймен. Жәмәәттеги жетекшилер мен не айтсам, соны ислейди. Егер олай болмаса, олар жумыстан кетеди».
Шопанға хат: сизиң жәмәәтиңизге кеўил айтамыз.
Бул шопанлар ерте заманлардағы жәмәәтте шешимлер қалай қабыл еткени бойынша анық көрсетпелерге дыққат аўдармағаны қандай қайғылы.
Елшилердиң ислери 1-бап
Он еки шәкирт ишиндеги Яҳуданың бос қалған орнын биреў ийелеўи керек болды.
Өйткени Забурда:
«Оның мәканы қаңырап қалсын,
Онда жасаўшы болмасын».
Және де:
«Оның орнын басқа биреў ийелесин»e, – деп жазылған.
Солай етип, еки адам: лақабы Юстус болған Барсабба деп аталатуғын Юсуп ҳәм Матияс усынылды. 5 Соңынан олар дуўа етти. Олар екеўине шек таслағанда, шек Матиясқа түсти. Солай етип, ол он бир елшиниң қатарына қосылды.
Мухаддес Руўхтың басқарыўында бир аўыздан шешим қабыл етилди. Келиңлер, олардың Ески Келисимде шешим қабыл етиў ушын қурал болып қолланылған шекти қолланғанына ўақыт бөлип отырмайық. Баслысы мағана – олардың дуўа еткени ҳәм биргеликте қандай да нәтийжеге келгенинен ибарат.
Елшилердиң ислери 6-бап
Масихтың шәкиртлериниң саны өсип атырған сол күнлерде грекше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлер тәрепинен еврейше сөйлейтуғын исениўши яҳудийлерге қарсы наразылық пайда болды. Себеби күнделикли жәрдем бөлистирилгенде, олардың жесирлерине кеўил аўдарылмайтуғын еди. Сонда он еки елши ҳәмме шәкиртлерди бир жерге жыйнап:
– Қудайдың сөзин жәриялаў исин таслап, дастурхан басында хызмет еткенимиз дурыс болмас. Туўысқанларым! Араңызда жақсы аты шыққан, Мухаддес Руўх пенен даналыққа толған жети адамды таңлаңлар. Оларға усы исти тапсырайық. Ал бизлер өзлеримизди дуўа етиўге ҳәм Қудайдың сөзин жәриялаўға бағышлайық, – деди. Бул сөз пүткил жәмәәтке унады.
Мухаддес Руўхтың басқарыўында консенсусқа ерисилди.
Елшилердиң ислери 13-бап
Антиохиядағы исениўшилер жәмәәтинде пайғамбарлар ҳәм муғаллимлер бар еди. Олар: Барнаба, Негр деп аталатуғын Шимон, киренели Лукий, үлке патшасы Ҳирод пенен бирге тәрбияланған Манаим ҳәм Шаул. Олар Ийемизге сыйынып, ораза тутып отырғанда, Мухаддес Руўх былай деди: «Мен шақырған ис ушын, Маған Барнаба менен Шаулды ажыратып бериңлер». Солай етип, олар ораза тутып, дуўа еткеннен соң, Барнаба менен Шаулдың үстине қолларын қойды ҳәм оларды жолға шығарып салды.
Мухаддес Руўхтың басқарыўында консенсусқа ерисилди.
Елшилердиң ислери 15:6-22 Елшилер менен ақсақаллар бул мәселе бойынша мәсләҳәтлесиў ушын жыйналды. Узақ талқылаўдан соң Петр орнынан турып, оларға былай деди:
– Туўысқанлар! Басқа миллетлердиң Хош Хабарды мениң аўзымнан еситип исениўи ушын, Қудай көп ўақыт бурын араңыздан мени таңлағанын билесизлер. Адамның кеўлин билетуғын Қудай Мухаддес Руўхты бизлерге бергени сыяқлы, басқа миллетлерге де берип, оларды қабыл еткенин көрсетти. Қудай олардың кеўиллерин исенимлери арқалы тазалап, бизлер менен олардың арасына айырмашылық қоймады. Олай болса, енди не ушын ата–бабаларымыз да, өзлеримиз де көтерип жүре алмаған мойынтырықты шәкиртлердиң мойнына салып, Қудайды сынап атырсызлар? Олардың Ийемиз Ийсаның мийрими менен қутқарылатуғынындай, бизлер де өзлеримиздиң солай қутқарылатуғынымызға исенемиз. Сонда жыйналғанлардың ҳәммеси тынышланып, Барнаба менен Павелди тыңлай баслады. Олар өзлери арқалы Қудайдың басқа миллетлер арасында көрсеткен кәраматлы белгилери менен таң қаларлық нәрселери ҳаққында айтып берди. Олар сөзлерин таўысқаннан соң, Яқып сөз баслап былай деди:
– Туўысқанлар, маған қулақ салыңлар! Басқа миллетлерден Өзине тийислиk бир халық шығарыў ушын, Қудай оларға дәслеп қалай мийримлилик көрсеткенин Шимон Петр баян еткен еди. Пайғамбарлардың сөзлери де усыған туўры келеди. Былай деп жазылған:
«Буннан кейин Мен қайтып келип,
Даўыттың қулап қалған үйин қайта қураман.
Қыйралғанларды дүзетип, қайта тиклеймен.
Солай етип, қалған адамлар
Ҳәм Мениң атым менен аталыўшы барлық миллетлер
Ийесин – Мени излеп тапсын.
Буларды әййемнен билдирген Жаратқан Ийемиз
усылай дейди»l.
Сонлықтан, мениң пикиримше, Қудайдың жолына түскен басқа миллет адамларын қыйнамаўымыз керек. Бирақ, бутларға сойылып ҳарамланған қурбанлық гөшинен, бузықшылықтан, буўындырылып өлтирилген ҳайўанлардың гөшинен ҳәм қаннан аўлақ болыўларын жазып жибериўимиз тийис. Өйткени әййемги ўақытлардан бери Муўсаның Нызамы ҳәр бир қалада жәрияланып киятыр ҳәм ҳәр Шаббат күни мәжилисханаларда оқылмақта. Солай етип, пүткил исениўшилер жәмәәти менен елшилер ҳәм ақсақаллар өзлериниң арасынан адамларды сайлап, оларды Павел ҳәм Барнаба менен бирге Антиохияға жибериўге қарар етти. Сайланғанлар: туўысқанлар арасында басшылық етип жүрген Барсабба деп аталатуғын Яҳуда менен Сила еди.
Мухаддес Руўхтың басқарыўында консенсусқа ерисилди.
Сиз жағдайлар уқсас екенин байқадыңыз ба? Петр басқаларға Қудайдың өзине бир нәрселерди айтқанын ҳәм ҳәмме үндемей, бойсыныўшылық пенен Петрдиң жол-жорықларын орынлаў кереклигин көрип турсыз ба? Ол өзи айтқандай болыўы кереклигин талап ете ме? Ол бақыра ма? Столды мушы менен ура ма?
Ол адамларға өзине бойсыныўын неше рет буйырады?
Ол өзин мақулламайтуғынларға неше рет руўхый емес екенлигин айтады? Сонда не олар жумыстан шығарылды ма?
Яқ, сиз бундай ҳеш нәрсени көрмейсиз.
Ал сиз адамлардың тыңлағанын, ҳүрмет пенен сөйлескенин, асықпай талқылағанын, нәтийжеде консенсусқа келгенин көресиз. Бул сизди таң қалдырмаўы керек. Негизинде тек жалғыз ғана Мухаддес Руўх болып, Ол барлық исениўшилер менен сөйлеседи. Мухаддес Руўх бизди келиспеўшиликлерге ҳеш қашан да бағдарламайды.
Сонлықтан айырым шопанлар өзлериниң босс екенин қалай жасырмай, көз-көз қылатуғынын көз алдымызға келтириў қыйын.
Бул нәрсени көзге көрсетип ислеў ушын, келиңлер, келеси аятларды қарап шығайың.
Матта 16:18 Мен Өз жәмәәтимди орнатаман. Жәмәәт кимге тийисли? Шопанға емес. Жәмәәт Ийса Масихтан басқа ҳеш кимге тийисли емес.
Юхан 21:15 Мениң қойларымды бақ.
Юхан 21:16 және басқа рет Ийса оған былай дейди: Мениң қойларымды бақ.
Юхан 21:16 Ийса оған үшинши рет былай дейди: Мениң қойларымды бақ.
Исениўшилер кимге тийисли? Олар Ийса Масихқа тийисли, бирақ шопанларға емес. Ақсақалларға да емес. Устазларға да емес. Екиленбеңлер: егер қойлар Ийса Масихқа тийисли болса, Ол Өз қойларына ғамхорлық көрсетеди. Ол сизден есап талап етеди. Ол сизди Оның қойларына жақсы қарағаныңыз ушын сыйлықлайды ҳәм надурыс қатнас ушын жазалайды.
Марк 10:42-45 Сонда Ийса оларды қасына шақырып алып:
– Басқа миллетлер арасында ҳүкимдарлары болып есапланғанлар халыққа зулымлық етип, басшылары үстемлик пенен басқаратуғынын сизлер билесизлер. 43 Бирақ, сизлердиң араңызда бундай болмасын. Араңызда ким уллы болғысы келсе, ол сизлерге хызметши болыўы шәрт. 44 Араңызда ким биринши болғысы келсе, ол ҳәммеге қул болыўы шәрт. 45 Себеби Адам Улы да Өзине хызмет еттириўге емес, ал Өзи хызмет етиўге ҳәм көплеген адамлардың қутқарылыўы ушын Өз жанын қурбан етиўге келди, – деди.
Яқып пенен Юхан жаңа ғана өзлери ушын аспанда айрықша орын сорады. Жигитлер, сизлер қутқарылмағанлар сыяқлы, өзлериңизди булай услап тутпаңлар. Олар өзлерин анық усылай услап тутады. Бундай қатнас ҳәзир де «алғыр, марапатты сүйиўши, ҳүрмет ҳәм байлыққа умтылыўшы, өмирди жетискенликлер менен өлшеўши ҳәм ҳәмме ўақытта табыс туўралы әрман етиўши адамларда бар екени ашынарлы. Бундай адамлар өз даңқпаразлығын қанаатландырыў ушын қайтпаслық пенен ҳәрекет етеди. Ал Ийса Қудайды алғыслаўға тырысты ҳәм Ол Өзине еликлегенлерге ғамхор.
Матта 23:6-8 Олар тойларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы көреди. 7 Базарда адамлардың өзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады. 8 Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз.
Диний менменликтиң не екенин Ийса сыяқлы ҳеш ким түсинбейди. Бул бапта Ийса айтқан ең кескин сөзлер жазылған. Ол менмен, қорқынышлы өркөкирекликке ийе, өзин ҳәммеден артық көриўши ҳәм диний екижүзликке ийе диний басшыларға қарата сөйлейди. Олар не басқа ҳәммеден артық па еди, деп сорарсыз сиз. Олар өзлерин басқалардан артық деп есаплады ҳәм өзлерин арнаўлы дәрежелер, кийимлер ҳәм т. б. менен сыйлықлады. Олар ҳәммениң дыққат орайында болыўды унататуғын еди.
Ийса олардан пүткиллей парық қылатуғын еди. Ол Өз шәкиртлерине абырайлы атақларды қолланыўды, бир-бирин Устаз деп атаўды, өзлерин қанда да бир түрде көтермелеўди қадаған етти. Бул олардың туўысқанлық қатнасын ҳәлсиз қылыўы ямаса Масих ҳәм Әке ҳәр бир исениўши үстинен ийе болған теңи-тайы жоқ орынды ийелеп алыўы мүмкин еди.
Филиплилерге 2:3-7
Ҳеш бир нәрсени өз атақ-абырайыңызды асырыў ушын ямаса мақтаншақлық пенен ислемеңлер. Ал ҳәр бириңиз кишипейиллик пенен, басқаларды өзиңизден үстин деп есаплаңлар. 4 Тек өзиңиздиң ғана емес, ал басқалардың да пайдасын гөзлеңлер. 5 Масих Ийсада болған мына кишипейилликке сизлер де ийе болыңлар: 6 Масих қудайлық тәбиятқа ийе бола тура, Қудайға тең атақты алыўға умтылыўды Өзине минәсип көрмеди. 7 Ал Өз уллылығынан ўаз кешип, қул келбетин қабыллады. Ол адам болып туўылып, адам көринисинде келди.
Ҳәй, жетекшилер! Бул сизлер ҳаққында емес. Өзлериңизди жоқары қойыўды тоқтатыңлар. Сизлердиң өзиңизди сүйиўиңиз адамның қусқысын келтиреди. Көп жыллық тәжирийбеге ийе бир миссионер былай деп жазған еди: «Ийсаның шәкиртлерин айрықша қылып туратуғын нәрсе кишипейилликке аз дыққат қаратуғыны мени таң қалдырады. Жәмәәт ағзаларына қараңлар. Ол жерде кишипейиллик баслы ийгилик болып есапланбайтуғыны бойынша көп дәлиллер бар».
«Биз жәмәәт тарийхы туўралы ой жүргизсек, оның өз тийкарын Салыўшыдан үлги алмағанын тән алыўға мәжбүр емеспиз бе? Жәмәәт тез-тез хызметшиниң алжапқышын емес, ал басшының мантиясын кийди».
Юхан 13:3-5 Ийса Әкесиниң ҳәмме нәрсени Оның қолына бергенин, Өзиниң Қудайдан келгенин ҳәм Қудайға қайтып баратырғанын билип, 4 дастурхан басынан турды. Сыртқы кийимин шешти де, бир сүлгини алып белине байлады. 5 Соңынан ләгенге суў қуйып, шәкиртлериниң аяқларын жуўып, белиндеги сүлги менен сүрте баслады.
Ийса және биреўге шәкиртлердиң аяқларын жуўыў кереклигин айтқан жоқ. Бирақ айта алыўы мүмкин еди. Солай болса да, Ол буны Өзи иследи.
Петрдиң 1-хаты 5:1-3 Араңыздағы жәмәәт ақсақалларына олардай жәмәәт ақсақалы болған мен, Масихтың шеккен азапларының гүўасы ҳәм Ол қайтып келгенде ашық көринетуғын салтанатының шериклеси сыпатында мыналарды өтиниш етемен: 2 Қудайдың сизлерге тапсырған сүриўин мәжбүрий түрде емес, ал шын кеўилден, Қудайдың еркине сай қылып бағыңлар. Буны ақша ушын пайдакүнемлик пенен емес, ал өз қәлеўиңиз бенен ислеңлер. 3 Өзлериңизге тапсырылған адамларға үстемлик етпей, сүриўге үлги болыңлар.
Петр бул жерде тийкарғы ақыл-нәсиятты береди: өзлериңизди басшылар сыяқлы тутпаңлар. Ал хызметши жетекшилер болыңлар. Бул жердеги еки тийкарғы сөзге дыққат қаратыўымыз тийис: «үстемлик етпей» ҳәм «үлги болыңлар».
«Үстемлик етиў» толық үстем болыў, басқаларға кейиў, шексиз бағындырыў, басқаларды қорқытыў, кескин ҳәм қатал болыўды аңлатады. Үстемлик етиўши жетекшилер сизиң түсиндиргениңизди, пикириңизди еситкиси келмейди. Олар тек сизди сапқа дизип, олар не десе соны ислеўиңизди қәлейди. Қудайдың падасын шопан усылай баслап жүреди.
«Ҳақыйқый хызметши жетекшиниң бийлиги Қудайдың сөзинен келип шығады. Жетекшиниң бийлиги оның Қудайдың сөзи ҳаққында айтыўынан ибарат. Қалған ўақытларда онда ҳеш қандай бийлик жоқ, ол хызметши болып қалады. Бийлик Қудайдың сөзинен келип шығады, қалған ўақытлары жетекшилер қойларға хызмет етеди. Қойлар үстинен үстемлик етиўге болмайды. Оларға мүләйим ҳәм ғамхор болыў керек.
«Мысаллар»: «Жетекшиниң жалғыз ҳақыйқый сыпаты – бул оның өз өмирин үлги қылып көрсетиў күши болып табылады. Сизиң өмириңиздиң үлгиси жетекшиликтиң негизи болып табылады. Мен устазбан, шопанман, мен қойларым менен бирге жүрип, оларға үлги көрсетиўим тийис. Олар мениң өмиримди көриў ушын, жеткиликли түрде жақын болыўы тийис. Сиз «падаға үлги көрсетип атырғаныңызды» дәлиллеў ушын, булардың ҳәммеси өмир даўамында тәбийғый түрде кешиўи керек.
Коринфлилерге 2-хат 12:7-10
Қудай менменликти соншелли жек көргенликтен, Павел менменликке берилмеўи ушын, ал өз Жаратыўшысынан ғәрезли болып қалыўы ушын, оның денесине бир тикен берди. Мүмкин, сизге Қудайдан тикен сораў керек болатуғын шығар? «Менменлик ўазшы ушын анық кәсиплик қәўип туўдырады». Биз буған толық таяр болыўымыз зәрүр.
Матта 11:29 Мойынтырығымды салып, Меннен үйрениңлер: өйткени Мен мөмин ҳәм кишипейилмен. Солай етип, кеўиллериңиз тынышлық табады. 30 Мен берген мойынтырық ыңғайлы, жүгим жеңил, – деди.
Хызметши жетекши ҳақыйқаттан ҳәм кишипейиллик пенен өз жәмәәтиниң ағзаларын жақсы көреди.
Марк 9:33-35 Олар Капарнаҳумға келди. Ийса үйде болғанда, шәкиртлеринен: – Жол бойы не ҳаққында тартыстыңлар? – деп сорады.
34 Бирақ олар үндемеди. Өйткени олар жол бойы арасында кимниң ең уллы екенлиги ҳаққында тартысқан еди. 35 Ийса отырып, он еки шәкиртин шақырып алды да, оларға:
– Егер ким де ким биринши болғысы келсе, сол ең соңғы болып, ҳәммеге хызмет етиўи шәрт, – деди.
Ҳақыйқый уллылық дәрежеден, жағдайдан ямаса бийликти алыў тилегинен келмейди. Ол елеспесиз болыўдан келеди. Басшы басқаларды қадағалаўға ҳәм өзин көтермелеўге ҳәрекет етеди. Бирақ «жоқарыда турып алып, төменде аяқ жуўыў қыйын. Бийликке умтылыў мақсетке умтылыўшы исениўшини ҳақыйый жетекши болыўдан айырыўы мүмкин.
Минекей, сизге Ийса.
Енди гезек Павелдики.
Коринфлилерге 1-хат :23-24
Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Қудайдың Өзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим. 24 Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.
Павел өзиниң исенимдеги балаларына азар бергеннен гөре, өзи азап шегиўге таяр.
Коринфлилерге 1-хат 4:21 Сизлер нени қәлейсизлер? Сизлерге таяқ пенен барайын ба ямаса сүйиспеншилик ҳәм мүләйимлилик пенен бе?
Ол буйрық бериўди емес, ал шақырыўды абзал көрди. Ал адамлар менен қарым-қатнас жасағанда, таяқты емес, ал сүйиспеншилик ҳәм кишипейилликти қолланды.
Коринфлилерге 1-хат 10:33 Мен де өзимниң пайдамды емес, ал көплердиң қутқарылыўы ушын олардың пайдасын гөзлеп, ҳәр бир исте ҳәр бир адамның кеўлинен шығыўға тырысып атырман.
Ол өз мәпин ҳәм пайдасын басқалар ушын қурбан етти.
Коринфлилерге 2-хат 4:5 Бизлер өзлеримиз ҳаққында жәриялап атырған жоқпыз. Ал Масих Ийсаны ҳәммемиздиң Ийемиз деп, Ийса ушын сизлердиң хызметшилериңиз екенлигимиз ҳаққында жәриялап атырмыз.
Абайлы болыңлар, басқаларға тәлим бериў сыяқлы, сизлерге берилген мүмкиншилик өзиңизди көтермелеўге айланып кетпесин. Өз гүрриңлеринде қаҳарман болғанларға сақлық пенен қатнас жасаң. Хызметши болған жетекшилер ҳеш кимге ҳеш нәрсени буйырмайды. Олар туўысқанларға әдеп-икрамлы болыўды буйырмайды, олар туўысқанларға Қудайдың сөзине ериўди үгит-нәсият етип, оларды усыған шақырады.
Бирақ Павелдиң басшылық ҳаққында емес, ал хызметши жетекши болыў ҳаққында уллы гүўалығы Филимон болса керек. Бул ҳаққында ойлап көриң. Егер Павел өзин басшы сыяқлы тутқанда, онда 25 аяттың орнына: «Мен, Павел, уллы елши, Мухаддес Китаптың жазыўшысы, жәмәәтлер дүзиўши ҳәм Хош Хабар тарқатыўшы, саған Онисимди кешириўди буйыраман», – жазған болар еди.
Бирақ Павел басшы емес, сонлықтан ол Филимонға былай деп жазады:
Сонлықтан Масихтың елшиси сыпатында ўазыйпаңды атқарыўды саған буйырыўға бийлигим болса да, 9-10 ҳәзир Ийса Масих ушын тутқын болған мен, ғарры Павел, қамақта мениң улым болған Онисим ушын сеннен сүйиспеншилик пенен өтинип сорайман.
Басшылықты бийкарлай отырып, Филимон китабы хызметши болған жетекши туўысқанға дана шешим қабыл етиў ушын, үгит-нәсият ҳәм мақсетти қалай қолланыў кереклиги бойынша күшли мысал болып табылады. Китапта үстемлик емес, ал димпломатия көбирек.
21-әсирдиң хызметши жетекшисин ҳәрекетте көргиңиз келе ме? Азиядағы бир үлкен жәмәәттиң бас шопаны басқа барлық шопанларды ҳәм хызметшилерди ҳәр дүйшемби күни азанда жыйналысқа жыйнайды. Жыйналыс «Сораўлар ҳәм усыныслар» деп аталады. Ҳәр бир қатнасыўшы қәлеген сораўын бериўи ҳәм қәлеген идея ямаса жол-жорықларды усыныўы мүмкин. Бул хызметши шопан болып табылатуғын бас шопан онда даналыққа монополия жоқ екенин анық көрсетеди. Басқа қалған ҳәммелери сыяқлы, жетекшилер бир нәрселерди түсинбеўи мүмкин ҳәм усындай талқылаўлар усы түсинбеўшиликлерди ашып береди. Ҳәммеге оның пикири әҳмийетли екени, олардың тәшиўиши еситилетуғыны ашық-айдын билдириледи. Бул жәмәәтти Қудай сақыйлық пенен жарылқағаны ҳәм оның жетекшилериниң әдеп-икрамлық дәрежеси жүдә жоқары екени таң қаларлық жағдай емес.
Басшылық бийкарланып, басқаларға хызмет ететуғын жетекшилик қоллап-қуўатланатуғын басқа бир жәмәәттиң мысал етип келтириўимди қәлейсиз бе? Минекей:
Бир жәмәәттиң жетекшилери әҳмийетли шешим қабыл етиўи керек болды. Олар бириниң изинен бири сөйлеп, бөлмедеги соңғы адамға гезек жетпегенше, ҳәммеси шопанның усынысын мақуллады. Сол соңғы адам тыныш сөзин баслап, өзиниң бир неше гүманлары туўралы айтып берди. Шопан ҳәммеге бул ушын дуўа етиўди ҳәм еки ҳәптеден және ушырасыўды усыныс етти.
Арадан еки ҳәпте өтти. Ҳәмме және жыйналғанда, олар бириниң изинен бири шопан усыныс еткен шешимдеги кемшиликлер ҳаққында айта баслады.Олар бир-бирин тыңлады ҳәм тез арада ҳәммеси (соның ишинде шопан да) бул усынысты қабыл етпеў керек деп шешти. Басқаларға хызмет ететуғын жетекшилик усылай ҳәрекет етеди. Усы жәмәәт жарылқанған. «Ҳәр бир жетекшиниң жүреги кишипейил болыўы, басқалардың ийгилиги ушын ҳәрекет етиўи ҳәм өз мақсетлерине гүман менен қараўы тийис».
Хызмет етиўши жетекши болыўды қәлейсиз бе? Келиңлер, онда Коринфлилерге 13:4-7 ни өзимизге келеси тәризде қолланайық:
Мен узақ ўақыт шыдайман,
Мен мийрим-шәпәәтлимен,
Мен қызғанбайман,
Мен өзимди жоқары санамайман,
Мен менменликке берилмеймен,
Мен қопаллық қылмайман,
Мен өз пайдамды гөзлемеймен,
Мен ашыўланбайман,
Мен кек сақламайман,
Мен наҳақлыққа қуўанбайман,
Мен ҳақыйқатлыққа қуўанаман,
Мен ҳәммесин жасыраман,
Мен ҳәммесин көтеремен,
Мен ҳәммесинен үмит етемен,
Мен ҳәммесине шыдайман.
Сиз булардың ҳәммесин айтқаныңызда, өз айыбыңызды мойынлаўға туўра келди ме?
Сиз усындай жетекши болмақшымысыз? Онда сиз ҳәмме ушын жарқылқаў боласыз!
Егер биз көрип шыққан ҳәм еле қарап шығыўымыз мүмкин болған барлық аятларды есапқа алатуғын болсақ, басқаларға хызмет етиўши жетекшиликке деген шақырықты бийкарлаў ушын, Мухаддес Китапты күшли түрде редакторлаўға туўра келер еди.
Хызметшиниң жетекшилигине аўа деймиз! Басшының буйрығына яқ деймиз!